Assalawma alikum ustaztazlar juwabiniz ushin raxmet aldinnan qasimda bir jigit namaz oqiydi jaqinda oqip baslagan eken jumis waqtinda namaz oqiwga ruxsat berilmeydi biraq tandi pesin sham namazdi oqiydi qalip qoygan namazin keshte qosip oqiwga bolama
Ўа алайкум ассалам. Намазларды өз ўақтында оқыўға ҳәрекет етиў керек. Қайсы бир себеп пенен болса да оқылмай қалған намазлар қаза етип оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum. Ustazlar. Araq satatin adam jamagatta bar ekenin kopshilik biledi. Biraq ol kisini hesh kim joldan qaytara almay atrma tusinbedim. Yaki ol kisi menen jamagatta hesh kimnin isi bolmay atrma. Sorayin degenim usi araq satqan adamnnin kesirinnen jamaggattin namazi. Qabil bolmay qaliwi mumkinbe?
Ўа алайкум ассалам. Мәҳәлледеги жасы үлкен, ийман-инсаплы адамлар ол кисиге ҳарам нәрседе берекет болмаўын түсиндирсин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауым Намаз уактында Фатиха суресинен кейин бир зам суре окыу лазым деп койган енди сол еки суре ортасында Бисмиллахты айтамызба. ямаса Фатиха суресинин изине косып окый беремизба зам сурелерди.жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Қосып оқысаңыз да, қоспасаңыз да дурыс бола береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, сорауым каскырдын териси тислери хтб хаккында 1ши каскыр заты жеуге болмайды дейди хадал емес харам есапланады екен сол дурыспа,
2ши каскырдын улыума териси буйиси улыума айтканда тиридей етип койыуы бир уйлерге барсам конак жайы ямаса отырар жайы торине дийуалына асып илдирин кояды усы дурыспа бир танысымнын уйинде сол каскыр терисин дийуалына илдирип койыпты аяк колы басы путинлей тек ишки курылысын алып тасланган халда мен айтып едим усы нарсе не акеледи алып тасла деп хар барганымда айтаман як пален сомга заказ бенен алдырдым деййди улкен аксакаллардын уйинде де турго солар айтты хаттеки жолбарыс арыслан жырткыш хайуанларда тур уйинде шет еллерден заказ бенен алдырып койыпты дейди енди усыган жумак берсениз динимизде тууры ма усы усындай танымалы улкен аксакал деймизба сондай адамлардын уйине барсак коремен усы затларды жуабыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Жыртқыш ҳайўанлардың гөши ҳарам болады, солар қатары қасқырдың гөшин де жеўге болмайды.
Мусылманшылықта аң аўлаўға руқсат берилген. Бирақ бул руқсат берилген аң аўлаў менен ҳәзирги замандағы дем алыў ушын барып аң аўлаўдың арасында аспан менен жердей парық бар.
Мусылманшылықта аң аўлаўға руқсат берилгенде, гөши ҳадал ҳайўанлар ҳәм қусларды аңлаўға, сондай ақ, гөши ҳарам болса да, териси ийлениў арқалы ҳадал болатуғын ҳайўанларды териси ушын аңлаўға руқсат берилген. Териси ушын аўланылатуғын ҳайўанды да ҳақыйқатта керек болатуғын болса, оның терисинен адамлар кийим ретинде ямаса қайсы бир нәрселери ушын пайдаланатуғын болса.
Айырым жаслар ҳәм жасы үлкен болса да ақылы енбегенлер динсиз адамларға еликлеп ҳайўанларды меҳирсизлерше азаплап өлтириў ҳаллары ушырап турады. Ислам дини буны қадаған етеди.
Жасы үлкен ақсақаллар шәриятқа қылап бир ис қылса, буны ҳәмме қылыўы керек дегени емес, олар да бул исинен қайтыўы керек.
Бир нәрсени ҳеш ўақытта умытпаўымыз лазым: Аллаҳ таала соншелли әдалатлы, қыямет күни ҳәттеки шақы жоқ қойдың өшин шақы бар қойдан алып береди, яғный дүньяда шақы бар бир қошқар, басқа бир ҳайўанды сүзген болса, бул умытылып кетеди дегени емес, әлбетте, Аллаҳ таала сүзген сол қошқардан ол ҳайўанның өшин алып береди. Енди бир ойланып көриң, ақыл берилмеген ҳайўанлардың өши алып бериледи екен, ақыл берилген инсанлардың бундай қылған жаўызлығы солай қалып кетеди, деп ойлайсыз ба?
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Akem kop iwip anama azap beredi uydin tiniwin aladi menin kelinwegimdida sogip baqirip boladi anamnan mennen kelinwegimnen ew keuli tolmaydi mas xalinda magan aytqan sozi bar edi seni aq qildim dep sol sozi esapqa alinama keyin tagi bir kuni mas bolip kelip uyge qidirip kelgen ajapamdi urip tasladi sol kezde men tuisqanimdi urganina widap turalmadim awui ustinde akemnin jagasinan usladim biraq qol kotermedim endi sol qilganima qatti okinemen sol qilganimdi umitalmay atirman bul gunamdi qalay juusam boladi juap uwin aldinnan raxmet
Ассаламу алайкум. Аллаҳ таала шаңарағыңызға қут-берекет, аўызбиршилик берсин, Аллаҳ таала разы болатуғын шаңарақлардан қылсын.
Сиз әкеңизге жақсы мүнәсибетте бола бериң. Мусылманшылықта, ҳәтте әкеси кәпир болса да, жақсы мәмиледе болыўға буйырылған. Аллаҳ тааладан әкеңиздиң жақсы болыўын, ҳарам нәрселерден узақ болыўын сораң. Әкеңизди жақсылар қатарына қосың, ийманлы-инсаплы адамлар менен жүрсе, әлбетте дүзелиўине себеп болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Alla razi bolsin ustazlar! Sawalim : Menin anam shet elge jumisqa ketpekshi bolip atir, ol jerde araq satilatugin jerde jumis islemekshi. Men qayta qayta tusindiriwge hareket etip atirman, biraq paydasi bolmay atir. Perzent bolgasin tek iltimas qilip atirman, anamnin ketiwine qarsi turip onin qalewine qarsi shiqsam gunahkar bolip qalmaymanba? Ozim jumis isleymen shukir. Araq qa jaqinlagan 10 adam lagnetke ushraui haqqindagi hadisti oqip berdim. Men qanday jol tutayin qadirli ustazlar iltimas jardem berseniz
Ўа алайкум ассалам. Түсиндириў жолынан барың, ағайин-туўысқанлар ишиндеги ийманлы-инсаплы жасы үлкенлер арқалы нәсият айттырың. Ҳаял адамның маҳрамсыз шетке шығыўы мүмкин емес екенин түсиндириң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар. Ислеринизден алла разы болсын. Мени коп жыллардан берли кыйнап журген сорауым бар еди. Илтимас жууап берсениз.
1.Менин анам 2004-жылы дунядан отти. Расы анамды сагындым. Бирак анам хеш тусиме кирмейди. Анам меннен капа болып жур мекен деген ойда боламан?
2. Анамнын кабирине темирден жай салдык. Бирак кишкенелеу болып калган. Енди арадан 16 жыл отти. Жауын шашым менен жайдын бир туягынын асты жемирилген котерилип тур. Кабирдин ишине кулап кетиуда мумкин. Анамнын устине кулап кететугындай какетирдемен. Жайын сол турган еринде кенейтиуге болама?.
Жууабыныз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Марҳумларды түсте көриў ямаса көрмеў ҳеш нәрсени аңлатпайды.
2. Марҳумның үстине тирилер пайдаланатуғын нәрселерди салыў дурыс емес. Ҳайўанлар ямаса адамлар түсип кетпеўи ушын ағаштан қоршап қойыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma alaykum ustazlar,paziylet kanalinin adminleri sizlerge sheksiz raxmetler paziylet kanalinan bilmegen narselerimizdi bilip atirmiz, jumislarinizdi allanin ozi qollasin barinizga shukir. 1. taharat daret almay Qur'an kitapi uslauga oqiuga bolmaydi dep kop aytip atirsiz, sorauim telefondagi qurani kariyimnin electron varyantlari bar soni aship oqip juriuge bolama?jane hazir telefonlarda namazdi oqip uyrenetin electron varyantlari bar solardi oqip juriuge,namazdi oqiu qagiydalari degen kitapta zam sureler bar solardi oqip juriuge bolama,jumista jurgende daret aliudin ilaji bolmaydi sol uaqitlari electron varyantlarin oqip juriuge, ishimizden aytip yadlap juriuge bolama? Qate tusingen bolsam sorauim orinsiz bolsa keshirersiz.
2.avtobusda aulelerdin qaslarinan otip baratirganda turgelip turgan halda Qur'an oqiuga bolama ya bolmasa tek betimizdi siypap ketken maqulma?
Ўа алайкум ассалам.
1. Мусылман адам мудамы таҳәратлы жүриўи керек. Таҳәратлы ҳалда Қуран оқыў абзал, ҳүким тәрептен таҳәратсыз Қуран оқыў мүмкин. Бирақ телефонлардың экранына Қуран аятларын шығарғаныңызда таҳәратлы болыўыңыз лазым, таҳәратсыз ҳалда Қуран аятлары көринген экранға қол тийгизбең.
Таҳәратсыз ҳалда иштен ямаса даўысты шығарып дтан Қуран оқып жүриў мүмкин.
2. Қуранды тик ҳалда оқығанның ҳеш бир зыяны жоқ. Қәбирстанлардың қасынан өтип баратырғаныңызда дуўа қылып қойсаңыз да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli ustazlar. Sorawim sonnan ibarat edi. Bir adam ayelin 3 marte talaq qilip qoygannan son', ol ayelin jane nekelep aliw ushin basqa birewge nekelese. Talaq bolgan ayel basqa birew menen nekeden otip aq talaq alsa aldingi kuyewine jane nekeden otiwge bolama, yamasa olar keminde bir tun qosilip keyin talaq aliw kerekpa?
2-sorawim. Mulk suresin oqip oni marxum adamga bagishlasa sol marxum adam 1 kunlik qabir azabinan qutiladi dep esittim. Har bir marxum adam ushin bir marteden Mulk suresin oqip shigiw kerekpe yamasa bir marte oqip marxumlarg'a bagishlasa bolama. Juwaplar ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Үш талақ болған ҳаялды келисим менен биреўге некелеп, кейин талақ қойдырыў дурыс емес. Бундай қылынса да өз орнына өтпейди. Екинши некелеп алған адам оның менен жасап, кейин ол өз ықтыяры менен талақ қылса, соннан кейин биринши адам қайтадан некелеп алыўы мүмкин.
2. Мүлик сүреси қәбир азабын жеңиллетиўи ҳаққында ҳәдиси шәрийфлер бар. Имканиятыңыз дәрежесинде оқың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar.
Eshek goshi xaram dep kelinedi xalqimizda. Bul islam dinimizde aniq tastiqlanganba? Quranda yaki hadiste bul masele keltirilgenbe?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәдиси шәрийфлерде Нәбий алайҳиссалам ешек гөшин жеў ҳарам екенин баян еткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar.
Bes waqit namazdin birewin tayammum menen oqigan bolsaq, keyingi waqti kirgen namazga da suw menen taxarat aliwdin imkani bolmasa tagi tayammum aliw kerek bolama? Bul eki namazdin arasi yarim saattan az waqitti qurasa.
Ўа алайкум ассалам. Бир таяммум менен таҳәратты бузатуғын әмел қылмағаныңызша, яки таяммумды бузатуғын ҳалат болмағанша неше намаз болса да оқый бересиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Menin sorawim allahqa xamd aytqanda tasbix,zikir aytqanda taxarat alip aytiwimiz kerekpa ya bolmasa taxaratsiz aytsaqata boladima. Juwap ushin raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте таҳәратлы ҳалда айтқан абзал, бирақ таҳәратсыз айтыў да мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Мениң сорауым Бизлер ата енемиздиң кайни бийкешимиздин қулласы куйеуимиздиң туысқанларының атын айтпаймыз куйеуимиздиң болса атын айтып шақырамыз адамлар керисинше куйеуиңниң атын айтпау керек басқа туысқанларының атын айтыуға болады екен дейди бул дурыспа. Жуап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Бизлерде ҳүрмет жүзесинен атын айтпаў әдети бар. Буған әмел етиў мақул ислерден. Өз ара қалғанда күйеўин қәлеген сөзлер менен атаўы мүмкин. Көпшиликтиң алдында ҳүрмет пенен шақырғаны дурыс.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. Аллах субхана уа таьла илиминизге или коссын 2 дунянын жаксылыгын берсин амин.
Сорауым.; дарет алып болганнан кейин массини кийсек кийнен массиге масх тартып кою керекпа ямаса шарт емеспа. Алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Мәси кийилгенде таҳәрат алып болып кийиледи, сол ўақытта мәсиге масҳ тартылмайды. Мәси кийгеннен кейин таҳәрат сынған ўақыттан баслап мәси кийип жүриў ўақты есапланады. Мысалы, таң намазға таҳәрат алып болып мәси кийдиңиз, песин намаз ўақтында таҳәратыңыз сынды, сол ўақыттан мәси кийип жүрип ўақты есапланады, муқим бир күн, мүсәпир үш күн кийип жүриўи мүмкин. Таҳәрат сынғаннан кейин таҳәрат алғанда, аяқ жуўылмайды, қол жуўылып мәсиниң үстине ортаңғы үш бармақ пенен үш сызық қылып суў сүртиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым соннан ибарат, бир адам менен сал капаласып калсам маган Аллах таладан корык, шукирлик ет, таубе ет деди. Маган бул гап ауыр батты, себеби мен хар куни танда хам уйкыдан алдын тасбех, истигфар айтаман, Аллах несиб етсе намаз окымакшыман. Биреудин ийманы хаккында билип билмей сойлейде ислам дининде не деп айтылган.
Ўа алайкум ассалам. Алдыңғы уламалар,биреў оған нәсият айтса жан қулағы менен тыңлаған ҳәм нәсият айтқан адамға рахметлерин айтқан. Рәўиятларда айтылыўынша, Умар разыяллаҳу анҳу бир адамға ҳәр күни бир дирҳам береди екен, ал ол Умар разыяллаҳу анҳуда: "Ҳәй Умар Аллаҳдан қорқ", деп бир ғана сөз айтады екен.
Улыўма айтқанымызда, Аллаҳ тааладан ҳәр бир исимизде қорқыўға мүтәжбиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ! Hazir telegramda ham Nokis qalasinda suyektin uni mayi ham tawiqtin parin ishsen hamme awriwga em boladi dep atir. Sorawim : bul zatlar hadalma jesek bolama em ushin?
Ўа алайкум ассалам. Илимге тийкарларған медицина арқалы емлениң. Ҳәр түрли болар-болмас, ақылға сыймайтуғын нәрселерге исенбең. Барып көзи менен көрген адамлардың айтыўынша, ол жерде шошқа да бағылады екен, сондай-ақ, сүйекти майдалағанда, ол сүйек нениң сүйеги екенин парықламайды екен, бундай ҳарам нәрселерден пайдаланбаң, ҳадал-пәк нәрселерден пайдаланың!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устаз сорауым бар еди . Шаруа малларын сойганда Бисмиллахи Аллаху акбар айтамыз. Сорауым балык онимлерин сойганда айтыу шарт емес.не себеп. Жууап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Шарўа ҳайўанларын бисмиллаҳи Аллоҳу акбар, деп сойыў ҳәм балықларды сойғанда бул шәрт емес екенлиги ҳәдиси шәрийфлерде баян етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алайкум устаз сорауым бар еди мен келин болган жылы огей ананын колына тустим енем 37 жасында кайтыс болган екен одан атам 2 рет уйленге екен енди жакында жане енем кайтыс болды атамнын жасы биразга барды кайта кайта уйлене берген гуна емеспа я балдарына кашан кеуил береди мен тусинбедим акыл айтуга уялам енемнин жакында 100 бердик атам уйлендирин деп отыр
Ўа алайкум ассалам. Ер адам өзи қәлеген болса, үйлениўи дурыс, себеби ер адам ҳаялларға қарағанда зинаға батыўы тезирек болады. Буның ҳеш бир уят жери жоқ. Уят болады үйленсем деп, бирақ зинаға батып жүриў үлкен гүна болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алйкум . Устаз бызге Тасбех намазы хакында толык маглумат берсенис калай окылыу тартибын жазыб жыберсенис.
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алйкум . Устаз бызге Тасбех намазы хакында толык маглумат берсенис калай окылыу тартибын жазыб жыберсенис.
Ўа алайкум ассалам.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аббас ибн Абдулмутталибке:
«Ҳәй Аббас! Ҳәй әмеки! Саған берейин бе? Саған рейим етейин бе? Сени иззет етейин бе? Сени он қәсийетли етип қояйын ба? Қашан сен соларды қылсаң, Аллаҳ сени гүналарыңды: алдыңғы ҳәм кейинги, ескиси ҳәм жаңасы, қәтелесип ҳәм қастан, үлкен ҳәм кишисин, жасырын ҳәм әшкарын кеширеди. Сол он қәсийет: төрт рәкәәт намаз оқыўың. Ҳәр рәкәәтта «Фатиҳа»ны ҳәм бир сүре оқыйсаң. Биринши рәкәәтта қирәәт қылып болсаң, турған ҳалыңда: «Субҳаналлоҳи ўәл¬ҳамду лилләҳи ўәлә иләҳә иллалоҳу ўаллоҳу әкбәр» деп он бес мәрте айтасаң. Соң руку қыласаң ҳәм рукуда турған ҳалыңда оларды он мәрте айтасаң. Кейин сәждеге қыласаң ҳәм оларды сәжде еткен ҳалыңда он мәрте айтасаң. Кейин басыңды сәждеден көтерип, оларды он мәрте айтасаң. Кейин сәжде қылып, және он мәрте айтасаң. Кейин басыңды көтерип (отырып) оларды он мәрте айтасаң. Булар бир рәкәәтта жетпис бес мәрте болады. Буны төрт рәкәәтта да қыласаң. Егер бул намазды ҳәр күни оқый алсаң, усыны қыл. Егер қыла алмасаң, ҳәр жумада бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, ҳәр айда бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, ҳәр жылы бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, өмириңде бир мәрте қыл», деди».
Басқа бир рәўиятта:
«Егер сен Жер әҳлиниң ең үлкен гүнакары болсаң да, әлбетте, оның менен сен кеширилесең», деген қатар қосылған.
Әбиў Даўыт рәўият еткен.
Термизийдиң рәўиятында:
«Егер гүналарың қум төбесиндей болса да, Аллаҳ оларды сеннен мағфират қылады», делинген.
Шолыў: Бул ҳәдисти Әбиў Даўыт ҳәм Термизийден басқа Ибн Мажа, Байҳақий, Ибн Хузайма, Ҳәким, Ибн Ҳиббан, Ибн Мүбәрек, Табараный, Хатиб, Ажурий, Әбиў Саъид ас-Самъаний ҳәм Әбиў Муўса Мананий ҳәм Имам Бухарый «Жузул Қуран»да рәўият еткен.
Ибн Әбиў ас-Сайф ал-Яманий «Ал-ламъа фий рағоиби яўмил жумъа» китабында Термизийдиң төмендеги гәпларин келтиреди:
«Тәсбиҳлер намазын жума күни заўал ўақтында оқыў мустаҳаб. Биринши рәкәәтта «Фатиҳа»дан кейин «Тәкәсур»ды оқыйды, екиншисинде «Ўәл аср»ди, үшиншисинде «Кәфируўн»ды, төртиншисинде «Ихлас»ты оқыйды, деп турып ақырында оқыйтуғын қосымша дуўаны да келтирген.
Әбиў Усман ал-Хайрий аз-Зәҳид:
«Қыйыншылықлар ҳәм ғам-қайғылар ушын тәсбиҳлер намазынан жақсы нәрсе көрмедим», деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы