Assalomu alaykum Qaraqalpaqsha ulken hazirgi bahasi 40000 sum Namaz kitabinin elektron nusqasi barma telefonga tusetugin Raxmet
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирше Қураны кәрийм мәнилериниң қарақалпақша аўдармасы китабынан басқа ҳеш бир китаптың программасын ислеткенимиз жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уә рахматуллаһи уә баракатуһ менің сорауым қуран оқып билим алғым келеди қайда бараман жуабыңыз ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Нөкис қаласындағы Муҳаммад ал Беруний ислам билим журтында Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курслары бар. Бул жерде үш ай даўамында үйретиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!1.Junib bolip gusil qilalmay taxarat alip namaz oqip jursek bolama?
Ўа алайкум ассалам. Ҳасла мүмкин емес.
Тек ғана суў жоқ жерлерде, сондай ақ, жуўынса кесел болып қалатуғын адамларға мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma alaikum. Tez tez bastiriliu bolganda ne isleu kerek sol xaqqinda aytip otseniz.
Ўа алайкум ассалам. Жатардан алдын илажы болса таҳәрат алып жатың. Жататуғын жериңизге барғанда Аятул курсий, фатиҳа, ихлас, фалақ ҳәм нас сүрелерин оқып өзиңизге дем салып жатың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.
Сорауым томедегише Фатиха суресинин акыргы айатын каракалпак тилинде дурыс жазып бересениз.
Айрымлар у́аладдоооооолиин бе?
Яки у́алаззоооооолиинба?
Ўа алайкум ассалам. Ол ҳәрип "д" да, "з" да емес. Ол дод деп аталатуғын ҳәрип болып бизлерде оған ең жақын уқсайтуғын ҳәрип "д" ҳәриби. Соның ушын айырым кирил әлипбесиндеги китапларда "д" ҳәриби менен оны жазылады. Ал айырымларында бурынлары "з" ҳәриби менен жазылғаны ушын оны ҳәзирде де "з" ҳәриби менен жазады. Мысалы, рамазан сөзиндеги "з" ҳәриби де арабшада дод ҳәриби менен келген.
Бул ҳәриптен кейин қатара "о" ҳәриби қойылыўы, бул - усы жерде мәд қағыйдасы бар екенин билдириў ушын, яғный ең көп созылатуғын орынлардан бири болғаны ушын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум , сорауларым төмендегише :
1) Қуран оқыған адам оның мәнисин билмесе , тек ядлағанын оқыса ол қабыл болама ?
2) Намазды бас кийим кийип оқыу керек дейди, енди Қуран оқыған адамның да басында бас кийими болыуы шәрт пе ?
3) Бир инсән биреуге жәрдем қолын созыуды қаттыға қәлеп турса, бирақ оған жәрдем бере алмаса оған сауап жазылама?
4) Мархумларға дууа қылғанда көбирек қайсы сүрелерди оқыған мақул ? Тек атларын жазсаңыз да болады.
Жууаплар ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ислам дини тақатынан артығын талап етпейди, мусылман адам бар имканияты менен илим үйрениўге ҳәрекет етиўи, қолынан келгенше ибадат етиўи, билмегенин сорап барыўы керек. Себеби адам баласы динниң ҳәммесин үйренип болып кейин әмел қыламан десе, буған пүткил өмири де кемлик қылады. Қабыл болыўы Аллаҳ таалаға тийисли ис.
2. Ер адамның тақыя кийип, қублаға жүзленип отырып Қуран оқыўы шәрт болмасада бул Қуран оқыў әдеплеринен.
3. Жақсылық қылыў қолдан келмесе де оған далалат қылыўшы да саўап алады, яғный биреў бир нәрсеге мүтәж, оны биледи бирақ жәрдем бере алмайды, және биреў жәрдем бермекши бирақ ҳақыйқый мүтәж адамды таба алмай атыр, усы ҳалда ортадағы адам усы екеўин ушырастырыўы саўаплы ис болады.
4. Ҳәмме сүре де болады. Ҳәдислерде Ясин, табарак айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма алейкум барақматуллаҳ ўа баракатуҳ аға Кахф суресынын арабша айтилыўынын крилше иа латиншада жазилғаны барма? Соң Намазды енды уйренып атир едим Жума намазында Аллахума солли,Аллахума барик,дуўаларын оқымаўғада болама?Жума намазында жазылған ҳамме сурелерды оқып атирғанымда меннен басқалар оқып болған болады ҳам Имам ағаны тинлаўға отирған болады!Усыған кишкене кенесынызды берсеңыз деген едим...
Ўа алайкум ассалам. Каҳф сүреси ярым пара әтирапындағы үлкен сүре, оны арабшасынан оқығаныңыз мақул.
Аллоҳумма соли ъалә ҳәм кейингиси салаўатлар, булар намазда оқылыўы керек.
Жума намаздан алдын төрт рәкат сүннет намаз оқылады. Сүрелерди жүдә әстен де, жүдә тез де емес, ал орташа етип оқысаңыз, ҳәмме қатары тең оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум хурмети устазлар менин сорагим ата бабаларимиз рухи бизлерди колайма...
Ўа алайкум ассалам. Бундай дуўа етиў дурыс емес, тек ғана Аллаҳ таала қолласын, деп дуўа етиў керек. Ҳәттеки пайғамбарлар қолласын деў дедурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar islerin alga basa bersin sharshaman talman.
Saraw. Nokiste ulken bay terek bar edi. Soni qulatip tastagan bolatin adamdar barip ziyarat etetin edi.adamlar Aytatin edi burin sovet dawirinde oni qulatiwga bargan traktorlar buzilip qalatin edi dep aytatin edi. Sol tuwrali azgana maglumat bere alasizba ne sebep onday bolgan?
Ўа алайкум ассалам. Бул әпиўайы бир терек, оған артықша мән берип, иләҳийлестириў ширк болады.
СССРда пәлен болды, теректи жаўғанға төлен болды деп айтыўшыларға исенбең. Бул гәплердиң ҳәммеси тоқыма.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум! Узтазлар
Тахарат алган кезде нийет етиу уажиббе яки суннетпе менде кобинше нийет етиуди умитиу хали ушрайди, умитип кеткен уактим кандай жол тутсам болади.
Жуабинс ушин алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Таҳәратта нийет сүннет әмел. Әдетте таҳәрат алмастан алдын таҳәрат алыў кеўилден өтеди, усының өзи нийет орнына өтеди. Таҳәратқа нийет еткенде арнаўлы тәризде сөз бенен айтыў шәрт емес. Нийет етпестен таҳәрат алынған болса да дурыс бола береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум мен намазды кагазга жазып суйтип уйренип атыр едим адамлардан еситип едим уйренип журген кагазынды таслауга жагыуга болмайды диди Сол гап каншели туры алдыннан Рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аяқ асты болатуғын жерге тасламаў керек. Аяқ баспайтуғын жерге көмип таслаўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейким устазлар!
Аллах таала ийгиликли ислеринизге оз рахметин жаудырсын!
Сорауым: Уй шараятында ата анам менен намаз окыган уакытымызда, сапта турыу тартиби калай болады? Жууап ушын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Имамның артында ер адамлар сап тартады, оннан кейин жас балалар, оннан кейин ҳаял-қызлар сап тартады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum, siyqirshi, palkerlerge tayinli jaza barma?
Siyqirdan qanday qutilsa boladi Men sol Siyqirdan auirip jurmin?
Ўа алайкум ассалам. Исламды өзине нықаб қылып, адамларды алдап, туўры жолдан узақ болып жүриўдиң өзи ең үлкен жаза. Себеби бундай ислер менен шуғылланыў мәңги дозақый болыўға себеп болады. Бундай адамлар дүньяда да, ақыретте де хор болады. Исламды сийқыр, палкерлик қатаң тәризде қадаған бул ислер менен шуғылланыў, оларға барыў, оларға исениў, араға түсиў, адамларды оларға апарыў, усы ислерге себеп болыў ҳәммеси үлкен гүналардан. Бул ислерден ҳәр бир мөмин-мусылман адам абайлы болыўы керек.
2. Буның шыпасы тек Қуран. Қураны кәриймди даўамлы тәризде оқыў, оны күнлик реже етип алыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума ғалейкум үстаздар!!!
Сурағым бар еди:
2.Спирти бар духиларди устімізге сепсек болама?
Жауап ушін алдін ала рахмет
Ўа алайкум ассалам.
Пайдаланыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар сизлерден Алла разы болсын сорауым бар еди куйеуим арак ишеди коп согинеди айтсам акыл уйретпе дейди озим тан намаз окыйман не истесем болады аракты койдырыу согине бергенин койдырыу ушын тез ашыуы шыгады жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Жасы үлкен, ийман-инсаплы адамлар арқалы нәсият айттырың, намазларыңыздан кейин шын кеўилден Аллаҳ тааладан дуўа етип сораң. Әлбетте шын кеўилден қылынған дуўалар қабыл болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar. Qilip atirgan qayirli islerinizge Allaxim ajir sawaplar menen siylasin. Sorawim bar edi. Uyinde iyt bagilgan ham suwret qistirilgan uyge perishte kirmeydi delinedi. Bizlerde awilliq jerde derlik barliq uylerde iyt bagiladi. Awilda mal baqqanda, sagallar kelmewi ushin ham tagi basqa kop islerde iytlerdin komegi kop tiyedi. Bunday jagdayda iyt baqqanimiz durispa? Uyimizde shanaraq agzalarimizdin suwreti bar. Ramkalarga salinip qistirip qoyilgan. Men namaz oqiganda oqiytin bolmemdegi suwretlerdi jiynastirip taslap oqip bolgansin uydegiler qapa bolmasin dep qaytip ornina qoyip shigaman. Bul isim qatema? Juwap ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Ҳеш бир мүтәжликсиз ийт бағыўға болмайды. Бирақ ийтке мүтәжлиги түсетуғын адамлар, яғный аўыллық жерлерде туратуғынларға қой-ешки бағыў ушын керек ямаса үйди қорыў ушын, экспертиза исинде ислеўшилерге айырым бир нәрселерди анықлаў ушын ҳтб ийтлер керек болған орынларда бағыў мүмкин.
Сүўретлерди албомларға салып қойың. Сүўрет илдирилген ханаларға периштелер кирмеўи ҳаққында ҳәдиси шәрийфлерде айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламалекум устас сизге сурауым суйектин уны суйектин майы тауыктын парин емге жеуге болама мен озим ондай емши тауип дегенлерге исенбеймен телеграмда "ден саулык терен байлык" деген группа бар сол группа админстраторы сол затларды адамларга пайдалы деп сатып атыр соган динимизде калай каралады
Ўа алайкум ассалам. Сүйек әдетте адамлар аўқатлық зат ретинде қолланбайтуғын нәрсе. Сүйектиң майы дегенде, егер жиликтиң ишиндеги май нәзерде тутылып атырған болса, ол бурыннан азық ретинде қолланылады. Таўықтың пәрин жеў дурыс емес.
Ўақты-ўақты менен ҳәр түрли емши, тәўиплер шығып, адамларды емлеўин, өзин алдыңғы уллы алымлардың даўамшысы екенин айтып турады, бирақ көпке бармай шермендеси шығады. Бундай адамларға тийкарынан кеселиниң еми таўылмағанлар, емлениўге көп қаржы таба алмағанлар барады.
Бундай адамларға исенбең, ҳақыйқый илим менен тастыйықланған емге, яғный ҳәзирги заман медицинасы менен емлениң!
Усы орында ески емлеў ҳаққында да тоқталып өтсек, мусылманшылықта илимниң ҳәмме түрин кеңнен ийелеўге көрсетпе бар. Мысалы: «Бесиктен қәбирге шекем илим изле», «Қытайда болса да илим изле» киби ҳәдиси шәрийфлер буған мысал болады. Усы ҳәдиси шәрийфти еситип Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қайтыс болғаннан кейин сол дәўирдиң өзинде үш жүз саҳаба қытайға илим ушын кеткени де китапларда жазылған. Усы тийкарда мусылманлар арасында дүньяға даңқы кеткен уллы алымлар жетисип шыққан. Бирақ кейиншелик адамлар илимге емес бидъат-хурафатларға берилип, динге әмел етпей қойғанда және илимнен узақласа баслаған. Усылайынша ҳақыйқый илим адамларының орнын уқыпсызлары ийелеген, сол қатары тиб илиминде де уқыпсыз, бидъат-хурафатларға берилген адамлар келген. Сол дәўирде бизлерде илим артқа кеткенде, Европа еллеринде көпшилик илимлер қатары тиб илими де раўаж тапты. Олар Ибн Сина ҳәм басқа уллы адамлардың китапларын өз тиллерине аўдарды, олардың тәжрийбелерин және де раўажландырды ҳәм ҳәзирги күндеги жоқары ҳалатына алып келди. Ал бизлерде елеге шекем усындай илимсизликтиң излери сақланып, тиб илиминиң ийелери ҳәзирги шыпакерлерди илимсизликте айыплайтуғынлары да бар.
Туўры, шыпакерлер арасында өз қәнигелигин жақсы меңгермегенлери де таўылады, буны жасырыўдың кереги жоқ. Ҳәмме кәсипте де бундай адамлар бар. Бирақ бул – пүткил медицина өтириктен, олар илимсиз шыпакерлерден ибарат дегени емес.
Не ушын онда айырым ҳалларда шыпакерлердиң атына қара дақ түседи?
Бул тәбийий ҳал. Әдетте адамлар емленип тәўир болғаннан кейин, олардың тәўир болғаны ҳеш жерде жәрияланбайды, себеби емлеў шыпакерлердиң жумысы, шыпакер болғаннан кейин емлейди дә, дейди. Ал енди мыңнан бир адам тәўир болмаса, бул ҳәмме тәрепке жайылады. Нәтийжеде ким жаман? Шыпакерлер жаман болады. Мың адамның тәўир болғанына «рахмет» сол.
Және бир мысал келтирсек, бир математика муғәллими математика пәнин билмесе, буның ушын математика пәни ямаса басқа математиклер айыпдар болмайды, бул тек сол муғәллимниң айыбы болады. Сол киби медицина тараўына араласып қалған илимсиз бир адам себепли пүткил медицина илими ҳәм пүткил медиклер айыпдар болмайды, бул тек өз тараўын таба алмаған сол адамның ғана айыбы болады.
Сүйектиң уны, сүйектиң майы, таўықтың пәрин жеўдиң мусылманшылықта ҳүкими қандай? Булар ҳадал ма?
Ҳадал жол менен сойылған ҳадал ҳайўанлардың сүйеги де ҳадал болады, бирақ әдетте булар адамларға тағамлық ретинде пайдаланылмайды. Әдетте гөш пенен қосып аўқат таряланғанда ислетиледи. Бирақ бәрибир сүйек аўқат пенен қосып желинбейди, ал шығарып тасланады. Енди бул кисиниң шығындыдан тапқан сүйеклерин ким кепиллик бере алады ҳадал жол менен сойылған ҳадал ҳайўанлардың сүйеги деп? Ҳеш ким. Сонлықтан буларды тағамлық зат ретинде пайдаланыў да дурыс болмайды.
Жыртқыш ҳайўанлар, жыртқыш қуслардың, кемириўшилердиң, ҳарам өлген ҳайўанлар, ҳарам жол менен сойылған ҳайўанлар, ҳарам жол менен табылған ҳадал ҳайўанлардың, булардың ҳәммесиниң сүйеги де ҳарам болады. Ҳарам нәрсе менен ем изленбейди.
Сондай-ақ, алымлар, медицина илими қәнигелери тәрепинен инсанға зыян деп табылған нәрселерди пайдаланыўда қадаған, мысалы таўықтың пәри микробтың үршийтуғын, аллергияның қозғалатуғын мәканы. Оны қайсы ақыл менен дәрилик зат ретинде бериў мүмкин?
Мусылманшылықта сыйқыр менен шуғылланыў қатаң тәризде қадаған ислерден. Сыйқыр ислер әдетте ҳайўанлар сүйеги, шаш таласы, таўық ҳәм қуслардың пәри, жылан зәҳәри, бүркит, ийт, қасқырлар ҳәм тағы басқа усыған уқсас нәрселердиң сүйеклеринен исленеди. Мусылманшылықта сыйқыршылықты кәсип еткен ийманнан шығады, оған барғанлар да ийманын жаңалап алыўы керек. Болмаса дүньядан өткенде жаназасы оқылмай қалады.
Сондай-ақ, сүйек бул – жинлердиң азығы екени ҳәдиси шәрийфлерде айтылған.
Буларға не айтыў керек?
Булар адамларды алдағанды тезирек жыйнастырыўы, қылған ислери ушын ҳәммеден кеширим сорап, тәўбе истиғфар айтыўы керек.
Булардың ислеп атырған ислериниң ең ашынарлы тәрепи, буларға ушырап атырғанлар тийкарынан дәри-дармаққа пул таба алмай қыйналып жүргенлердиң болыўы. Қыйналғанлардың ақырғы пулларын да алып, оларды және қыйнаў бул – дүньядағы ең иплас ис есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Асссалаума алейкум мусылман адам ийт гошин не ушын жеуге болмаиди малды кошкарди атты жеймиз неге ийтти жеуге болмаиди
Арак харам ишпен дейди пиво не ?
Пиво Бийдайдан исленеди олда харам ба
Ўа алайкум ассалам. Шәрият илимлери, не нәрсениң ҳарам ямаса ҳадал екени биринши нәўбетте Қураны кәрийм, ҳәдиси шәрийфлер арқалы билинеди. Мусылманшылықта ҳарам етилген нәрселер әдетте инсан ушын зыянлы нәрселер екени заманагөй илим-пән де тастыйықлайды. Пиво да сол киби спиртли ишимликке қыяс етиледи, себеби ол да бийдайды ашытылып ислетиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мен бес уакыт намаз окып уйрегнбекши едим. Уйрениу ушын медреседе кешки курслар бар мекен.Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыўды үйретиў курслары жоқ, ҳәзирде тек Қураны кәриймди үйретиў курслары бар.
Намаз оқыўды намазлық китаплар арқалы үйренип алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум уа рахматуллахи уа баракатух!
Ийгиликли ислериңизге табыслар тилеймен, әзизлер!
Мен айырым ўақытлары намазда ракаат санында қәтелесип кетемен, саху сәждесин қыламан, бирақ сол қәте кеткен намазға кеўилим толмай намазды және оқыйман. Бундай қылған дурыс па, яғный зыяны жоқ па?
Ўа алайкум ассалам. Намазыңызды қайтадан оқыўыңыз шәрт емес. Сол қәтелескениңиз ушын сәҳў сәждесин қылған болсаңыз, сол жетерли. Намаз оқыў ҳеш ўақытта зыян болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы