Assalawma aleykum menin sorawim: xayal Adam awle basina bariwdan aldin ne kiliw kerek? Juwap ushin aldinna raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял адам да, еркек адам да қәбирстанға барыўдан алдын ол жерге барыў әдеплерин үйренип алыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum menin sorawim : jalgiz basli ananin perzentinin aldindagi parizi qanday?
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«(Ҳеш бир) ата-ана өз баласына гөззал әдептен артық инам бере алмайды», деди».
Термизий рәўият қылған.
Ата-ана перзенти ушын ҳәр нәрсеге бәрқулла таяр турады. Дүньяда өзинен өзгениң артық болыўын тек ата-ана «ана тилейди. Ҳәр бир ата-ана перзентиниң өзинен де епшил, уқыплы ҳәм жоқары мәртебели болыўын қәлейди. Соның ушын ата-ана өз перзентине дүньяның бар байлығын, жақсылықларын инам етиўге бәрқулла таяр турады.
Бирақ, бул ҳәдисте ата-ана перзентине әдептен артығырақ, әдептен қымбатлырақ басқа бирер нәрсени инам ете алмайтуғыны айтылмақта. Буннан әдеп перзент ушын дүньяның барлық мал-мүлкинен де артық, деген жуўмақ шығарыў мүмкин. Себеби, ата-ана баласына бар ғәзийнесин ҳәм мал-мүлкин берип қойса, бирақ баланың әдеби болмаса, ол сол мүлкти өзи ҳәм ата-анасының басына үлкен тәшўиш, дүзелмейтуғын бәлеге айландырыўы ҳеш гәп емес. Егер ата-ана баласына шырайлы әдеп инам етсе, перзенти бул әдеп пенен ата-анасына ҳәм өзине керекли абыройды да, байлық ҳәм мал-мүлкти де таўып келтиреди.
Ислам әдеби ҳаққында сөз барар екен, дүньядағы барлық мал-дүньядан артық саналған әдеп ҳаққында, ата-ана баласына оған қарағанда арты»ырақ нәрсе инам ете алмайтуғын гөззал, ибратлы әдеп ҳаққында сөз етилген болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Айырым уақытлары намаз оқып атырғанымда иштен жел шығып кетиу қәуипи турады, сол уақытлары өзим иркип тураман. Усындай уақытлары иштен жел сәл шығып кетпеди ме екен деп те ойланып қаламан.Бул дәреттиң бузылыуына алып келмей ме?
Ўа алайкум ассалам. Бул көп намазханларда болатуғын ўасўаса. Ҳәдиси шәрийфте бул ҳаққында айтылған.
Аббад ибн Тамим разыяллаҳу анҳу әмекисинен рәўият қылады.
“Әмекиси Расулуллаҳ салаллаҳу алайҳи ўасалламға намазында бир нәрсени (желди) тапқандай болатуғын адамның шикәятын жеткерди. Сонда Нәбий алайҳиссалам: “Даўысын еситпегенше ямаса ийсин сезбегенше намаздан шықпасын!” деди”. Яғный жел шығып кетти ме екен ямаса шықпады ма екен, деп екилениў менен таҳәрат сынбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar sorawim bar edi tasbix sanaw boyinsha on qol menen sanalama eki qol menenbe son moyinga tagip jurse bolama juwap ushin aldinnan raxmet jumislarinizda rawaj
Ўа алайкум ассалам. Тәсбиҳ әдетте оң қол менен саналады. Тәсбиҳ мойынға тағып жүрилетуғын нәрсе емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ва рахматуллоху ва барокатух. Аллах илимиңизди зияда қылсын.
Сорауым.
1 Хаял қызлар хайыз пайтында Қуран оқыуға хәм услауға болмайды делинген. Хайыз пайтында зикир, Пайғамбарымызға салауат хәм Алланың 99 исмин айтсақ болама?
2. Халқымыздың әсиресе хаял қызларымыздың арасында бир гәп сөз жүреди. Мен өзим исенбеймен. Бирақ көпшилик исенип айтып жүреди. Ол дүньяда апа сиңлилер көриспейди соның ушын бул дүньяда көп сөйлесип турыу керек дейди. Себеби Пайғамбарымыз дәуиринде еки апа сиңлили жолда қатты гәпке берилип сөйлесип турған екен хәм Пайғамбарымызға жол бермепти. Соған Пайғамбарымыз ашыуланып Сизлердиң бул дүньяңызда көрисиу бар Ол дүньяңызда көрисиу жоқ деп ләнетлепти дейди. Бул хаққында хадислер барма?
Ўа алайкум ассалам.
1. Қураннан басқасы болады.
2. Бийкар гәп.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! менин сорауым бар еди аулиенин (койымшылыктын) касынан машинада я болмаса жаяу отип баратырып аумийн деп бетимизди сыйпаймыз усы хаккында тусиник берсениз не ушын олай ислеймиз? хам бул дурыспа? жууап ушын алдыннан рахмет! Алла баримиздиг от басымызга тынышлык хам берекет берип баримизге тууры жолды корсетсин!
Ўа алайкум ассалам. Қойымшылықтың қасынан өтип баратырғанда еки аят болса да оқып, өткенлерге саўабын бағышлаў жақсы ис. Алдынлары усы ис қылынған. Өткен әсирде адамларды диннен узақластырыў сиясаты алып барылыўы нәтийжесинде ҳәттеки ер адамлар да Қуран оқыўды билмейтуғын бир аўҳалға жетти. Себеби диний тәлим қадаған еди. Енди олар әкелери киби Қуран оқый алмаса да, олар қойымшылықтың қасына келгенде әкелери қылған ислерин көрген еди. Олар әкелеринен тек усыны ғана үйрене алды. Ал оннан кейинги әўлад, яғный сиз бенен биз, әкелеримиздиң тек ғана еки қолын жүзине сыйпап өткенин ғана көргенбиз ҳәм неге ондай қылыўын түсинбей атырмыз.
Мусылманлар өз динин ҳақыйқый мәниде үйренсе ғана турмысы гөззал аўҳалға қайтады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar. Alla sizlerden razı bolsın! Sorawım tomendegishe: Xalqımızda Qıdır ata degen gáplerdi kóplep esitkenbiz. Usı Qıdır ata tuwralı dinimizde aytilǵanba. Qıdır ata tuwralı aytıp berseńiz, ol kim?
Ўа алайкум ассалам. Муўса алайҳиссалам дәўиринде Хизр алайҳиссалам жасаған, соны бизлердиң тилимизде Қыдыр ата, деп атайды. Хизр алайҳиссалам жүдә илимли адам болған ҳәттеки Муўса алайҳиссалам Аллаҳ таала таңлаған пайғамбар болыўына қарамастан, оннан илим алыў ушын қасына барған. Бирақ Рамазанда Қыдыр ата келеди екен, деген гәплердиң тийкары жоқ, ондай гәплер айтылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum qadirli ustazlar! Alla subhanu wa taallah islep atirgan jumislariniz ushin ajir sawabin ozi bergey! Sawalim: bazibir waqitlari namaz waqti keshleu oqiuima tuwra kep qaladi. Maselen bugin Sham namazin Quptan waqti kiriwine 10 minut qalganda oqip basladim. Oqip bolaman degenshe sham waqti shigip ulgeredi. Asrdada sonday bolip qaladi. Jumistan kele sala oqip baslayman oqip bolsam sham namazi waqti kirgen boladi. Bulay oqilgan namaz qaza bolgan esaplanadima?
Ўа алайкум ассалам. Намазды ақырғы ўақтына шекем кешиктириў мәкруҳ болады. Намазлыгерди Қуяш батыўынан алдын баслап үлгерсек, намаз дурыс болады. Басқа нвмазлар ондай емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum ustaz sizge sorawim bar edi mulk suresi qutqariwshi sureme
Bul sureni oqigandi shapat qiladi dep esitip edim usi haqqinda toliq maglumat bersenz raxmet islerinizge tabislar
Ўа алайкум ассалам.
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Аллаҳтың Китабында бир сүре бар. Оның аятлары отыз. Ол өз саҳибин гүналары кеширилгенше шәпәәт етеди. Ол - «Табарокаллазий биядиҳил Мулк», деди».
Соның ушын да қолдан келгенше усы сүрени ядлаўға ҳәрекет етиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar.
Sorawim tomendegishe:
Men 5 waxt namaz oqiyman jaqin arada qazaqstanga kete jaqpin. Ol jaqqa bargasin namazimdi usi jaqtagiday etip oqiy beremizbe.
Jawap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Барған жериңизде он бес күн ҳәм оннан көп турмақшы болсаңыз, ол жақта да муқим боласыз, яғный усы жақта оқығаныңыздай етип оқый бересиз. Он бес күннен кем турмақшы болсаңыз, онда төрт рәкатлы парыз намазларыңызды еки рәкат етип оқыйсыз. Баратырғанда ҳәм қайтып киятырғанда да төрт рәкатлы парыз намазларыңызды еки рәкат етип қысқартып оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алекум устазлар. Сорауим. Тасбех намазинин тартиби хамде кай у'акытта окылганы абзалрак, усы бойинша тусиник берсениз. Алланин ози илиминизди зияда кылгай.
Ўа алайкум ассалам.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аббас ибн Абдулмутталибке:
«Ҳәй Аббас! Ҳәй әмеки! Саған берейин бе? Саған рейим етейин бе? Сени иззет етейин бе? Сени он қәсийетли етип қояйын ба? Қашан сен соларды қылсаң, Аллаҳ сени гүналарыңды: алдыңғы ҳәм кейинги, ескиси ҳәм жаңасы, қәтелесип ҳәм қастан, үлкен ҳәм кишисин, жасырын ҳәм әшкарын кеширеди. Сол он қәсийет: төрт рәкәәт намаз оқыўың. Ҳәр рәкәәтта «Фатиҳа»ны ҳәм бир сүре оқыйсаң. Биринши рәкәәтта қирәәт қылып болсаң, турған ҳалыңда: «Субҳаналлоҳи ўәл¬ҳамду лилләҳи ўәлә иләҳә иллалоҳу ўаллоҳу әкбәр» деп он бес мәрте айтасаң. Соң руку қыласаң ҳәм рукуда турған ҳалыңда оларды он мәрте айтасаң. Кейин сәждеге қыласаң ҳәм оларды сәжде еткен ҳалыңда он мәрте айтасаң. Кейин басыңды сәждеден көтерип, оларды он мәрте айтасаң. Кейин сәжде қылып, және он мәрте айтасаң. Кейин басыңды көтерип (отырып) оларды он мәрте айтасаң. Булар бир рәкәәтта жетпис бес мәрте болады. Буны төрт рәкәәтта да қыласаң. Егер бул намазды ҳәр күни оқый алсаң, усыны қыл. Егер қыла алмасаң, ҳәр жумада бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, ҳәр айда бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, ҳәр жылы бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, өмириңде бир мәрте қыл», деди».
Басқа бир рәўиятта:
«Егер сен Жер әҳлиниң ең үлкен гүнакары болсаң да, әлбетте, оның менен сен кеширилесең», деген қатар қосылған.
Әбиў Даўыт рәўият еткен.
Термизийдиң рәўиятында:
«Егер гүналарың қум төбесиндей болса да, Аллаҳ оларды сеннен мағфират қылады», делинген.
Шолыў: Бул ҳәдисти Әбиў Даўыт ҳәм Термизийден басқа Ибн Мажа, Байҳақий, Ибн Хузайма, Ҳәким, Ибн Ҳиббан, Ибн Мүбәрек, Табараный, Хатиб, Ажурий, Әбиў Саъид ас-Самъаний ҳәм Әбиў Муўса Мананий ҳәм Имам Бухарый «Жузул Қуран»да рәўият еткен.
Ибн Әбиў ас-Сайф ал-Яманий «Ал-ламъа фий рағоиби яўмил жумъа» китабында Термизийдиң төмендеги гәпларин келтиреди:
«Тәсбиҳлер намазын жума күни заўал ўақтында оқыў мустаҳаб. Яғный жумадан кейин намазлыгерге шекем. Биринши рәкәәтта «Фатиҳа»дан кейин «Тәкәсур»ды оқыйды, екиншисинде «Ўәл аср»ди, үшиншисинде «Кәфируўн»ды, төртиншисинде «Ихлас»ты оқыйды, деп турып ақырында оқыйтуғын қосымша дуўаны да келтирген.
Әбиў Усман ал-Хайрий аз-Зәҳид:
«Қыйыншылықлар ҳәм ғам-қайғылар ушын тәсбиҳлер намазынан да жақсырақ нәрсе көрмедим», деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalom aleykum, sorawim men Namaz oqiwdi uyrenip atir edim tan namazi menen taxajjud namazin oqisam boladima basqa nazam waqtinda abutrentpen sabaqliqta bolaman
Ўа алайкум ассалам. Таҳажжуд намаздың орнына парыз намазды оқыў керек. Мың таҳажжуд намаз бир парыздың орнын баса алмайды. Таҳажжуд намазы бул парыз емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Menin sorawim socialliq tarmaqlarda diniy sawatqa iye domlaga bir kisi hayalim ruxsatsiz telefonimdi usla bunin hukimi qanday dep soraw berdi.Domla sizde ruxsatsiz talaq qoysan'iz boladi dedi. Menin soramaqshi bolganim bunday dep aytiwi duris pa Sonday apiwayi zatlarga talaq qoysa shanaraqtin muqaddesligi qayda qaldi
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте талақ қойыў жақсы ис емес. Ҳадал нәрселердиң ишинде Аллаҳға ең жағымсызы талақ делинген ҳәдиси шәрийфте.
Бул жерде тек ҳүким тәрептен айтқан, яғный талақ ер адамның қолында екени, айырым бир ер адамлар ойланбастан талақ қойып қойыўы, соның ушын гүманшыл ҳаяллар да күйеўиниң телефонына шекем тексере берместен, күйеўине туўры исениўи керек екени, усы арқалы шаңарағын асыраўы керек екенин түсинемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Мен мархумнин карзы тууралы сорау бережак едим. Мархумнин тууысканинан карзы бар еди, ол дуньядан откен сон тууысканы карзынан кешсе мархумнин карзинан отилема?? (Егер жууабы ЯК болса ол мархумнин карзын мойнына алган перзенти емес ал балким баска кыз перзенти карзын толесе болама) мархумнин карзи кешилема??
Ўа алайкум ассалам. Басқа адам төлесе де болады, қарыз берген адамды разы қылсаңыз болды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум нийетиниз қабыл болсын менин сорауым бар еди мен тигиншимен 5 уақыт намаз оқып журмен қазақстанға жумыс ислеу ге келип едим кубла кай жакта екенин сорадым бир адамнан соның корсеткен жағына қарап окып журдим касымдагы кызлар сен баска жаққа қарап оқып жүрсең деди енди менин оқыған намазым гуна балама баска жаққа қарап окыганым ушын кубланы калай билсем болады.
Ўа алайкум ассалам. Қазақстан да мусылманлар журты, ол жерде де намаз оқыйтуғынлар, рәсмий мешитлер бар, қубланы солардан анықластырып алың, болмаса, ҳәзирги күнде интернет арқалы да қубланы анықласа болады. Қубла дегенде шәрий қубла болыўы керек, яғный Кааба тәрепке сәжде етилиўи керек. Жердиң қубласын араб тилинде жануб дейди. Қарақалпақшада екеўи де қубла деп аталып кеткен.
Басқа тәрепке жүзленип оқыған намазыңызды қайта оқымайсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорауларым.1. Рамазан оразасынын каффаратын избе из 60 кун услай алмаса, ол карызды калай отесе болады. 2.Хаял адамлар Рамазан оразасынын каффаратын услап атырса, хайз корсе калай болады,дауам етип кете береме?
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳақыйқатта алпыс күн оразв тутыўға шамасы келмейтуғын болса, алпыс мискинге бир күнлик тағам береди. Бирақ ҳақыйқатта алпыс күн ораза тутыўға шамасы келмейтуғын болыўы керек, болмаса алпыс мискинге тағам бергени өтпейди. Қыс күнлери алпыс күн ораза тутыў қыйын емес.
2. Ҳаял-қызлар каффарат ораза тутып атырғанда ҳайыз күнлери басланып қалса, оразаны тоқтатып турады, ҳайыз таўсылғаннан кейин және жалғастырып кете береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум уа рахматуллахи уа баракатух. Хурметли устазлар! Менин сизлерге сорауым томендегише: Хазирги окып атырган окыу орнын ( мектеп яки колледж) ди питиргеннен кейын Ислам динин терен уйрениу ущын кайсы окыу орнына тапсырыу керек?
Ўа алайкум ассалам.
Ҳәзирде Өзбекстан Республикасы бойлап ҳаял-қызлар ушын ислам динин шуқыр үйрететуғын тек еки медресе бар. Олар: Ташкент қаласында Ҳадижа ислам билим журты ҳәм Бухара қаласындағы Жойбари Калан ислам билим журты.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар .
Сорау :
1. Пайгамбаримиз тахаджуд намазын так кылып тауысатин еди деп окыдим . сонда 10-ракатта отырып ташахуд айтып болып жане 11-ракатта отырып ташахуд 2 салауат дуа хам салем берип жумаклаймызба?
2. Масджидуль -Харам деген мешит бар бул создеги харам сози харам амел менен не пархы бар . Екеуы арасындагы айрмашылыкти тусиндирип берсениз илтимас?
3. Истихара намазын окып, менин жубым ким болады деп сорауга болама? Жуаплар ушын рахмет . Аллах рази болсын!
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳәдиси шәрийфтеги таҳажжудты тақ қылатуғын еди дегени, бул таҳажжуд намазларды оқып ақырында ўитр намазды оқыйтуғын еди дегени, мысалы сегиз рәкат таҳажжуд намазын оқып кейин үш рәкат ўитр оқылса, ҳәммеси он бир рәкат болады, ол жерде усы нәзерде тутылған.
2. Масжидул ҳарам - биреўди урыў, сөгиў, ҳтб ислер қадаған етилген мешит дегени.
Негизинде иҳтирам, яғный ҳүрметлеў сөзи де усыннан келип шыққан. Ол жерде ҳеш кимге азар берилмейди. Ҳәммеге иҳтирам қылынады.
Ҳарам сөзи қадаған деген мәниде, мысалы урлық, сөгиниў ҳтб ислер ҳарам, яғный қадаған.
3. Истихара намазы - алдыңызда бир ис бар болып, соның жақсылығын сораў ушын оқылады, яғный егер бул ис мениң ушын, дүньям ҳәм ақыретим ушын жақсы болса, маған бул исти миясар ет, егер жаман болса, оны меннен шетлет, деген мәниде оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Сорау: Адамнан жел шыкканда, жаман соз шыгып кетсе тахарат бузылама?
Ўа алайкум ассалам. Жел шығыўы таҳәратты сындырады.
Жаман сөз айтыў таҳәратты сындырмайды, бирақ адамды гүнакар етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар! Менин сораум бар еди. Мен тан намаз окыйман. Егер тан туралмай калсак. Оны каза етиб окысак, Азан айтиладима? Хам нийетинде калай нийет етемиз?
Ўа алайкум ассалам. Қаза намазға азан айтылады. Нийет еткенде қайсы намаз болса, соны айтып болғаннан кейин қазасы деген сөздиде қосасыз. Мс: Таң намаздың еки рәкат сүннетиниң қазасын оқыўды, жүзимди қублаға қаратып нийет еттим. Холисол лиллә'ҳи Алло'ҳу әкбар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы