Ассалам алейкум.
1. Сорауларга жууапта Шайх хазретлеринин "Бахтиер оила", "Рухий тарбия" китапларын окыуды усыныс етип атырсыз. Бирак каламыздагы диний китаплар сатылатын орынларда бул китаплар коптен бери жок дейди. Алып келиудин илажи барма?
Ўа алайкум ассалам.
1. kitoblardunyosi.uz сайты арқалы онлайн тәризде буйыртпа берип алдырсаңыз болады. Китаплар Өзбекстан почта хызмети арқалы 7-10 күн ишинде үйиңизге шекем жеткериледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alekum ustazlar. Sorawim Hamazliqta bir uzun sureni eki rakatke bolip oqiwga bolama?Misali Mulik suresin tan namazdin eki rakat parzna bolip oqsaq bolama?
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Менин сорауым томендегише;
Мен бурын 1,5-жылдай тан намазды окыдым хам кейин хамледарлыгым себепли окыуды токтаттым. Хазир уш жылдай болды окымаганыма енди окыгым келеди дауам етсем болама. Буны китапка карап окыдым толык ядлай алмадым. Жане бир кун бир себеплерге байланыслы калдырып койган болсам ертесине танда каза кылып еки рет окыдым .кандай маслахат бересиз?
Жууап ушын алдыннан Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр бир мусылман адам намаз оқыўы парыз. Ҳәмиледар ўақтыңызда да намазды тоқтатпаң, егер турып оқыўға қәдир болмасаңыз, отырып оқыса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар. Сорауым Менын улымнын аты Алий койлган Сол аты койылганы дурспа якы алдын на косымтасы мен койлама тек кана Алий деп шакырлса болама?
Ўа алайкум ассалам. Дурыс қойылған, басқа қосымша шәрт емес. Пайғамбар алайҳиссаламның әмекисиниң баласының аты. Мәниси жоқары дәрежели, дегени.
Айырым ҳалларда еки ат қойыў үрдиси бар, мысалы Муҳаммад әлий, Муҳаммад юсуф ҳәм тағы басқа. Бундай етип еки ат қойыў, түркий қәўимлерден шыққан. Ата-бабаларымыз ислам динин қабыл еткенде, балаларына исламий атларды қоя баслаған, бирақ соның менен бирге түркий атларды да таслағысы келмеген. Нәтийжеде бир балаға исламий ҳәм түркий ат болып еки ат қойылған. Кейинги әўлад, мусылманшылықты толық түсинип жеткеннен кейин еки атты да исламий етип қоя баслаған. Сонлықтан усындай еки ат қойыў пайда болған. Бунда ҳеш қандай зыяны жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Menin sorawim tomendegishe: bunnan kop jillar aldin marshrutqa mingenimde marshrut aydawshisi bergen proezdime zdacha tawalmay aqshamdi ozime qaytarip berdi. Tusip baratirganimda moynina qariz endigide qosip toleysen dedi. Ol gezleri bala bolganim ushin itibarda bermeppen. Sodan kin ol aydawshini qaytip kormedim. Endi sol qarzimnan qalay qutilsam boladi? 2-sorawim Tan namazi oqimaqshi edim. Hazir 4 ayliq hamiledarman.Eki qabat hayallarga oqiwga bolmaydi dep esittim. Sol durispa? Juwap ushin aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам.
1. Қарыз бергенди имкан келгенше изленеди. Қарыз берген адам көп заманлардан кейин таўылса да, қайтарылады.
2. Намаздың парызлығы ҳәмиледар ҳаяллардан сақыт болмайды. Тек ғана жеңиллетиледи. Егер ҳәмиледар ҳаялға отырып турыў зыян болатуғын болса, отырып намаз оқыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағаликум уа рахматуллахи уа баракатух. Сорауым
1. Мен жумыста кезде песин, асыр намазлары қаза калып кету қаупі бар қыс кунлери, жумыс уакыттында 5 минуттай үзіліс болады, сол ушин суннетти тәрк етип тек парызын окып койсам болама, жане тахаратты алганда солай истесем болама. 2. Азан шакырмай қамат тусирип оқи берсем болама, жумыста азан шакыруга қолаусызлау болып тур, жауап ушин алдыннан рахмет
1. Тек ғана парызын орынлаў менен намазыңыз да, таҳәратыңыз да дурыс бола береди. Бирақ сүннетин де оқыўға ҳәрекет етиў керек.
2. Азан айтыўдың ҳүкми сүннет. Азан айтылмаса да намаз дурыс болады, бирақ сүннетти тәрк еткен боласыз. Мешитте айтылған азан еситилип туратуғын жерлерде азан айтыў шәрт емес.
Намазхан адам ҳәмме жерде тырысқақ, ҳәрекетшең болыўы зәрүр. Намаз оқыў бул басқалардың ҳақысын жеў дегени емес, яғный, жумыс ислеп атырған да жумысын таслап кетип намаз ўақты болды, деп өз жумысын басқаларға ислетиў дурыс емес. Онда намаз оқыйтуғынлар не ислеўи керек? Намаз оқыўшылар жумыс ўақтында намаз оқыўға кеткен ўақты ушын қосымша ислеп бериўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алйкум устазлар сорауым тумендегыше намазларымды далада окысам болама?
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
.men namaz oqiyman.ol iship qasimda uyxlaydi.sol durispa?
Ассаламу алайкум. Аллаҳ таала инсап-тәўфиқ берсин, шаңарағыңызға қут-берекетин жаўдырсын. Аллаҳ тааладан дуўа етип инсап бериўин сорай бериң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллахи уа баракатух.
Сорауым томедегише хаял кызлар басына масх таратама
Ўа алайкум ассалам. Таҳәрат алғанда еркекке де, ҳаялға да басқа масҳ тартыў парыз. Басқа масҳ тартылмаса таҳәрат дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар! Алла ислеринизде куш кууат берсын.
Сорауым 1XBET х.т.б букмекер интернет клублардан акша утып алса бул харам болама?
Ўа алайкум ассалам. Бундай ислер шәриятта ҳарам болады, Табылған пул да ҳарам ҳүкминде.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алаикум сорауым балага атын яасин де коиды аурдиды адамдар куран аты аур болмаиды диды жауап берсеныз ракмет
Ўа алайкум ассалам. Ат аўыр болады, деген гәп жоқ. Ясийн, деп қойыўға болады. Ат қойыў бойынша Кәмил инсан китабында мағлыўмат бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликым, сорауым куран намаз окып уйренийин дебедым, Мештке хабарлассам болама.Каерге хабарласаман?
Ўа алайкум ассалам. Нөкис қаласында жайласқан Муҳаммад ал Беруний ислам билим журтында үш айлық Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курслары бар. Сол жерге хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алйкум устаз менин сауалым
Он еки жылда келетугун мушеллер акында
Мисал ушын сйыр жылы туылганлар малды сойуга болмайды дйди
Солар хакында малумат берсениз
Ўа алайкум ассалам. Бундай гәплер бийкар гәп. Биймәлел қассап болып ислеўи мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум бир сурауим бар еди .Тән намазмен кешки намаздин уахитларинан парки барма намаздин киру уахти.Сурау ушин алдинан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Сораўыңызға түсинбедик, айдынластырып қайта жазың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum
Eki qabat hayel adam toqiwga korpeshe siriwga bolmaydi diydi sol durispa
Ўа алайкум ассалам. Шәрият тәрепинен ҳәмиледар ҳаялға көрпеше сырыса болмайды, деген гәп жоқ. Ден-саўлығы көтерсе, ҳәмилеге зыяны болмаса, сырығанда турған гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум телезевирде беретин омад шоуда ойнауга болама
Ва алайкум ассалом! Шариатимизда бир томон махсус бир жоиз иш учун мукофот белгилаши жоиз. Масалан ким Қуръон ўқишда илғор бўлса унга мукофот тайинлаш мумкин. Супермаркет, ёқилғи қуйиш шоҳобчалари ва ошхона каби тижорий маҳаллар ҳаридорларни жалб қилиш ва уларни кўпроқ нарсаларни сотиб олишларига қизиқтириш мақсадида ютуқлар тикишлари уч ҳил суратда бўлади.
1). Ҳаридор ютуққа эга бўлиш учун купонни ўзини сотиб олиши. Купондан бошқа нарса сотиб олмайди. Бунинг ҳукми мутлоқ ҳаромдир. Қуръони каримда зикр қилинган майсир (қимор) шудир. Қиморнинг таърифида фуқаҳолар “Икки ёки ундан кўп тараф ўртага маблағ ташлаб улардан бирлари зиён кўришидир” деганлар. Бу суратда бир нача минг киши пул тикиб фақат баъзилар ютуққа эга бўлади қолганлари зиён кўришади. Карта ўйинлари, спортда ўйинчиларга тикилаётган пуллар, хўроз уриштиришдаги пул ютуқлари шунга киради.
2). Ҳаридор бирор нарсани(бензин ёки керакли хомашёларни) ўша ўйинга шерик бўлиш ва машина ёки шу каби ютуққа эга бўлиш учун сотиб олиши. Бу ҳам жоиз эмас. Ҳаридорнинг ўйинга шерик бўлиш учунгина сотиб олганини уч ҳолатда билиш мумкин.
А). Эхтиёжи бўлмаган ёки шериклари олмоқчи бўлган нарсаларни ҳам ўз номига олиши. Бу ютуққа эга бўлиш учун қилинган ҳийла ҳисобланади. Бу жоиз эмас.
Б). Сотиб олган нарсасини бозор нархига зиёда бўлган нархга олиши. Чунки бунда соврин қўйган тараф соврин пулини ҳам нарсанинг нархига қўшиб кўйган бўлади. Бу эса юқорида айтиб ўтган қиморга пул тикиб бирисининг фойдасига бўлган каби бўлади. Олувчи ҳам билатуриб сотиб олиши қиморга кириш учун олганига далолат қилади. Бу ҳаром. Бунга купонга эга бўлиш учун ўз нархига арзимайдиган нарсаларни сотиб олиш ҳам киради.
В). Шариат ҳаром қилган нарсаларни ҳам сотиб олиши. Чунки бунда олувчи фақат купонга эга бўлиш учунгина олгани очиқ ойдин бўлади.
Ўз эҳтиёжига керакли бўлганини олса, ўзига савдо қилса, эҳтиёжига кераклича ва одатда олганичасини ва шариатда ҳалол бўлганини сотиб олса жоиз.
3). Доимий мижози бўлгани учун нархидан ўтиб беришлар ҳам жоиз. Валлоҳу аълам!
Ислом.уз сайтынан алынды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссаләмуў әләкуўм ўә раҳматуллоҳ ўә бәрәкәтуўҳу
Устан ислерынысден Аллах разы болсын
1 Сораў: Жума куны Ҳаял Қызлар Песын Намазды қай уақытта оқыйды мен бир Ажападан есытып едым Жума 13:30 басланса таусылғаннан соң Песын окыў керек дейды,
Менымше ол Ўақытта Песын Ўақты отып кетпейма Жума кунының Песын Ўақты?
Ўа алайкум ассалам. Жума күни песин намаз ўақты кириўи менен песин намазды оқыўға болады, песин намаздың ўақты намазлыгерге шекем даўам етеди. Усы ўақыт ишинде песинди оқыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устазлар. Бизди бир сауал кыйнады.
Мешитте намаз окып болып кол берисип салемлесиуимиз исламда бидьатпа. 2. Бидьат деген создин маганасын аитсаныз
Ўа алайкум ассалам. Сәлемлесиў сүннет әмел. Намаздан кейин мешиттен шығып бир-бири менен сәлемлесиў бидъат емес, бул әдеттеги ис. Бирақ буны ибадат мәнисинде, яғный намаздан кейин ҳәмме бир-бири менен сәлемлесиў шәрт екен, деп түсиниў қалыў қәте болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар.сорауым бар еди ,Жума намазында мешитте окый алмай калган 4 ракат намазымызды калай окысак болады жуап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Жума намаздың еки рәкат парызынан алдыңғы ямаса кейинги төрт рәкат намазды оқый алмай қалған болсаңыз, намазлыгер ўақтына шекем оқып алың. Намазлыгер ўақты кирсе, ол сүннет намаздың ўақты өтип кетеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum
Sorawim : orazadar adam taxarat alg'anda awzin shaymasa boladima?
Jildin' qaysi kunleri oraza tutilmaydi?
Juwaplar ushin aldinnan raxmet .
Allah islerin'izden razi bolg'ay .
Ўа алайкум ассалам. Ораза тутқан таҳәрат алғанда аўызын шайыўы мүмкин. Таҳәратта аўыз шайыў сүннет әмел, оны тәрк қылмаң. Жыл даўамында бес күнде ораза тутыў мүмкин емес. Олар Ораза ҳайыт, Қурбан ҳайыт ҳәм қурбан ҳайыттан кейинги үш күн.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы