Ассалаума алайкум! Сизлерге Алла разы болсын.
Сурауым бар еди нахка пулға гилем ала жак едим 400 мың диди метирi сосын пластик карта берип алдым 450мынға бөлип беруге сол болама жауап үшін алдын ала рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ақшасын бөлип берип алыўға болады, бирақ буның ушын келискеннен кейин баҳа көтериў, процент ойнаў болмаўы керек. Саўдаласқанда келисилген баҳа қалыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум!Хаял-қызлардың шашларын өсириу яки қысқартыу (қыйдырыу)дың хүкими қандай Шариъатта? Алдыннан рахмет.Аллах сизлерден разы болғай
Ўа алайкум ассалам. Кеселлик себепли шашын қырқыўы жайыз. Ҳеш бир себепсиз шашын кесиўине руқсат жоқ. Шаңарақлы ҳаяллар күйеўиниң руқсаты менен, еркеклердиң шашына уқсатпастан, желке барабарында кесиўи жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламуалйкум Устаз сизге бир сорауим бар еди намаз окип атирганимда ар турли жаман ойлар келе береди калайинша сол ойлардан кутилсам болади жуап ушин алдиннан ракмет
Ўа алайкум ассалам. Бул хушуъ ҳәм хузуътың жоқлығынан. Шайх Муҳаммад Содиқтиң Руўхый тәрбия китабын оқың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum meniń atim Mavlyuda, kóp waqittan beri namaz oqiwdi ùyrengim kelip jùr kewlimde qandayda bir sezim buģan iytermelep atir biraq bul ushin ne islewim kerek adamlardan esitiwimshe qàte oqisań gùna boladi deydi sol sebepli ne islewim kerek úyreniwdi qàlesem isti neden baslawim kerek juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Биринши нәўбетте намаз оқыў қағыйдалары жазылған китапты алың ҳәм дыққат пенен үйренип шығың, ядлаң деген жерлерин ядлаң, түсинбеген жерлерин мешит хызметкерлеринен сорап алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli musulman brodarlar. Ustaz sorawim istig'far aytin' dep ko'p jazip atirsiz istig'far Allahg'a aytilama payg'ambarimiz s.a.v g'a ha'mde aytiliw jazip jibersen'iz
Ўа алайкум ассалам. Пайғамбарға айтылатуғыны салаўат болады. Истиғфар бул - әстәғфируллоҳ деп айтыў. Мәниси: Аллаҳым гүналарымды кешир, дегени.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. anam tan namazga endi jigiladi. Yadlawga xareken etip atr biraq jasi ulken bolganliqtan yadlay almay atr. eger toliq uyrenip ketemen degenshe plakatqa qarap oqisa(plakatqa men tan namazdi jazip qoyippan surelerdi) guna boladima. Bul isi qanshelli tuwri yaki natuwri boladi. Raxmet
Ўа алайкум ассалам. Үйренип алғанша мүмкин. Бирақ тезирек үйренип алыўға ҳәрекет қылыў лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум !пазыйлет уз жамаати ! Алланын берекети сизлерге , илиминизди зияда кылсын!!! Намахрам созинин маниси? Хаял адамга зайыбынан баска еркек заты намахрам болама , дурыс тусиндимбе? Хаял заты намахрам бар жерде куранды дауыслап окыуга болмайды деген жууапты окыдым. Демек тусинигим дауыссыз окыса рухсат барма, я путкиллей Хаял затына намахрам алдында куранды окыу Ман етилген бе. Алдырган Рахмет Алла жарылкасын.
Ўа алайкум ассалам. Намәҳрам бул - мәҳрам емес, дегени. Яғный өзин жақын тутыўы мүмкин болмағанлар. Ҳаялларға өзиниң баласы, (ақлығы, шаўлығы...), әжағасы, иниси, әкеси (атасы, бабасы...), әкесиниң әжаға иниси, дайылары, әжағасының балалары, әжапасының балалары мәҳрам болады. Булардан басқа да мәҳрамлар бар, мысалы сүт тәрепинен, ҳтб. Демек усылардың алдын биймәлел жүриўи, жақын сөйлесиўи, жақын мәмиледе болыўы мүмкин.
Бизлерде Қуран оқыў дегенде әдетте дастурханның басында аят тиләўат етиў түсинилип қалған. Бундай жерде еркек адам тиләўат етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Sorawim tòmendegishe. Oraza tutqanda, awiz silekeyin jutiniwģa bolama? Yamasa uliwma jutinbaw kerekpa? Tek awiz silekeyin toplap jutpasa boldi dep esitip edim, sol durispa?
Ўа алайкум ассалам. Аўызда пайда болатуғын силекейди аўыздан шығармастан жутыўдың оразаға зыяны жоқ. Аўызға топлап жутыў мәкруҳ. Аўыздан шығарып кейин қайттан аўызға алып жутыў оразаны бузады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum wa rahmatullahi wa barakatuh! Bizlerdi musilmanlardan qilgan Allaga shukirler bolsin! Paygambarimiz Muhammed s.a.w ga sheksiz salemler ham salawatlar bolsin! Baslap qoygan isinizge Allah ozi komekshi bolsin! Sawabin kobeytip bersin! Xalqimizdin diniy sawati asip barabersin!
Aziz ustazlar sizlerge bir sorawim baredi:
Minez-qulqimnin bazi jaman tareplerinen qatti qiynalaman...
Sorawim: Adam ozinin hareketi menen albette Alladan soragan halda, hareket qilsa minezin ozgertiwge bolama? Ya pitken minez ozgermey qalama? Paygambarimiz bul tuwrali ne aytqan?
Juwap ushin aldinnan raxmet. Jumislarinizda ulken sabir taqat ham kush- quwat tileymen!
Ўа алайкум ассалам. Мусылман адамнан талап етилетуғыны қолдан келгенше жақсылыққа умтылыў. Бир гүнаны билип ямаса билмей қылып қойса, кейин, енди болды, енди пайдасы жоқ, мен дозақийман, деп кетилмейди. Гүна ушын дәрриў тәўбе қылып, истиғфар айтыў, буған қайтпаўға қасд қылыў ҳәм орнына жақсы бир исти қылып қойыў ҳәм жақсылықта даўамлы болыў керек. Мениң минезим жаман, минезим шеп деместен, жақсы минезли болыўға урыныў керек. Буның ушын алдыңғы өткен уллы инсанлар, яғный саҳабалар, тәбеинлер, уламалардың жолларын үйренип турмысымызға еңгизиўге ҳәрекет етиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalalamuw aleykum Ustaz!
iltimas sizden ilaji bolsa sorauwlarima toliğraq mağluwmat berealaspa?
1)Allah tala Yasir Shañarağina qanday kundi wade qilğan usi haqinda Quranda kelgenba?
2)Zina degenimis ne zat?
3)Allah qaytarğan qaytariqlar ham ulken gunahlar haqinda mağluwmat berealspa?
4)Rasulloh Sollalohu Alaiyhiwassalamiñ Sunetleri haqinda qanday kitaplardi oquwdi maslahat etelasiz?
Ўа алайкум ассалам.
1. Ясир разыяллаҳу анҳу Нәбий алайҳиссаламның саҳабаларынан, бул киси шаңарағы менен жәннетий болыўы ҳәдиси шәрийфте айтылған.
2. Намәҳрам еркек пенен ҳаялдың некесиз жақынлық қылыўы.
3. Имам Заҳабийдиң Үлкен гүналар китабында бул ҳаққында толық айтылған. Өзбекше аўдармасы бар: Катта гуноҳлар, деген китап.
4. Диний китаплардың ҳәммесинде де Қуран ҳәм ҳәдислер бар. Қарақалпақ тилинде 15-20 әтирапында диний китаплар баспадан шыққан, соларды оқыўды мәсләҳәт беремен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu Alaykum Ustazlar qilip atqan sawapli islerin'izdi ALLAH TALLA O'ZI razi bolsin,
Menin' sorawim,
Prasentke axsha beriw ne ushin guna sanaladi, ol prasentke axsha aliwshi oz razilig'i menen alsa qalay guna sanaladi, misal ushin kiriditke axsha alatin bolsaqta prasenti menen beredi, sonda kiridittin' prasenti guna emes qoldan alg'an guna sesplanama, sog'an tolig'iraq mag'uliwmat beriwin'izdi soranaman, sorawim qate orinsiz bolsa aldinnan keshirim sorayman
Ўа алайкум ассалам. Процентке пул бериўди Аллаҳ таала Қураны кәриймде ҳарам, яғный қадаған, деп айтқан. Мусылманшылықта биринши орында Қуран, ҳәдис, ижмаъ, қияс, уламалардың пәтўалары тийкарында ҳүким алынады, бир нәрсениң ҳадал-ҳарам екени мәлим болады.
Егер сиз айтқандай етип, өзи разы болса, ҳадал бола беретуғын болса, онда арақ та ҳадал болып қалар еди, себеби ишиўшилер де өзи разы болып ишеди, Аллаҳ сақласын буннан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.Berip atrgan diniy magliwmatlariniz ushin minnetdarman.Sebebi dinge baylanisli kop magliwmatlar alip atrman.Sorawlarim bar edi.1.Namaz oqip kormegen ham uyrenbegen adam mutajlikti ketiriwin soraw ham taxajjud namazin oqisa bolama?2.Qurandagi sozlerdi,sure ham duwalardi yadlamagan bolsa qagazga qarap oqisa bolama?
Juwaplar ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Басымызды сәждеге қоймаўымыз - ең үлкен мүтәжлик.
1. Таҳажжуд намазы нәпил намаз есапланады. Биринши гезекте парыз намаз оқыў керек. Бирақ бул дегени нәпил намаз қабыл болмайды, дегени емес. Парыз намазды оқымай турып нәпил намаз оқыў бул мисли - өзи көп қарыздар болып турып, биреўге қарыз бериўдей гәп. Нәпил намаздың пазыйлети парыз намаз дәрежесинде емес, яғный ҳәр қандай нәпил намазлардан көре парыз намаз абзал. Сол оқымақшы болған нәпил намазыңызды сол ўақыттағы парыз намаз деп нийет етиўиңиз абзал. Дуўаны қәлегенше қылыўға болады.
2. Үйренип алғанша қарап турыўға болады. Бирақ тез ядлап алыўға ҳәрекет етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1.Ассаламу алейкум. Динимизде хамладар хаялдин зияратка барыуы туралы не айтилган. Касбге байланыслы болса рухсат етиледима.
2. Бир инсанди жумыска жайласыуина комеклесип берилген карежетин устинен пайда кориу харам акша болип есапланадима.
Жуаплар ушын алдынан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳаял-қызлардың, балағатқа жетпеген жас балалардың қәбирстанларға барыўы мақул көрилмеген. Қәбирстанға барыўдағы тийкарғы мақсетлерден бири бул - ол жерде ақыретти еслеў. Бай болып, өзинен кеткен адам ақыретти еслеп өзине келеди. Жарлы болып жүдә сынып қалған адам да, ақыретти еслеп өзине келеди.
2. Яғный, жумысқа кириўи ушын пара алған, сол бола ма демекши болсаңыз, бундай ис ашық-айдын ҳарам ис, болады, бала-шағасына буның арқасынан ҳарам нәрсени жегизген болады, дүньяда да, ақыретте де жуўап береди. Пара алмастан ортада жүргенлер де теңдей жуўапкер болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум ұстаз сорауым томендегише мен сотовый телефонымды маршрутта жойтып алдым. Ол телефонның ишинде мархум киеуимнин фотолары видеолары бар еди. Озиме озим соз берген едим егер телефонды тапсам садақа кыламан деп 2-3куннен телефонды тауып алып едим деп акелип берди. Енди бұл телефонды кызыма берсем болама. Жууап ушын алдынан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Пәлендей нәрсе болса, төлендей етемен, деп өзине исти қасд қылыў, шәриятта нәзр, делинеди. Демек тапқаныңыздан кейин сиз садақа бериўиңиз керек болады. Садақа бериў дегенде, қандай садақаны нәзр еткениңизге байланыслы. Телефоныңызды қызыңызға бериў ықтыярый мәселе.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Әкесиниң өз перзентлериниң тәрбияланып камалға келиуинде хеш қандай қатнасы болмаса, перзентлери камалға келгеннен кейин әкеси ушын жууапкер есапланады ма шариатта?
Ўа алайкум ассалам. Перзентлери әкесине жақсы мәмиледе бола бериўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Sizlerden iltimas massi kiyiw haqqinda qisqasha tusinik berip otseniz. Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Мәсини Пайғамбарымыз алайҳиссалам кийген, бирақ бул дегени мәси кийиў шәрт дегени емес. Мәси таҳәратлы ҳалда кийиледи. Мәси кийгеннен кейин таҳәрат сынғанан баслап бир күнге шекем аяқты жуўмастан үстине масҳ тартып жүрсе болады, бул муқим адам ушын, сапардағы адамлар үш күнге шекем масҳ тартып жүрсе болады. Мәси мәлим дәрежеде қалыңлық ҳәм беккемликке ийе болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum, Allah sizlerden razi bolsin,koplegen soraularimizga sizler arqali juap tauip,ayirim gunalardan ham qate islerden tiyilip,dinimiz haqqinda koplegen bilimlerge iye bolip atirmiz,islerinizdin rauajin bersin
Soraularim:
1. Namaz oqiganda Fatixa suresinen keyin qalegen bir zam sura oqiu kerek. Onda Baqara surasinin daslepki 5 ayatin yadlap,soni oqisaq bolama?
2. Hayiz tausilgannan keyin,birneshe kun qaldigi bar,har uaqti har qiyli
Gusl alip namaz oqiymiz, keyin jane jugi kelse,guslga itiyajimiz boladi,sonda oqigan namazimiz buzilgan bolmayma? Keyin birnewe kun hayizdin tola ketkenin biliu ushin Namaz oqimay jurse,hukimi qanday?
3.Pesin namazin asr namazi uaqti kirgenshe oqiuga bolama? Yaki shegaralangan uaqti barma?
Ўа алайкум ассалам.
1. Болады. Қысқа аятлардан кеминде үш аят болыўы керек, егер оқымақшы болған аят узын болса, бир аят та болады.
2. Аввало муддатини аниқлаштириш керак.
Ҳайзнинг ози уч кечаю уч кундуз, кўпи ўн кун. Покликнинг ози ўн беш кун. Кўпининг чегараси йўқ. Ҳайз муддатида орада қон тўхташи ва аёлнинг оқ рангдан бошқа рангдаги нарса кўриши ҳам ҳайздир.
Ҳайз кўпинча ҳар ойда бир марта кўрилади. Олдин таъкидланганидек, унинг энг ози уч-кеча кундуз, кўпи эса ўн кун бўлади. Шу кунлар орасида қоннинг тўхтамасдан келиб туриши шартмас, балки орада бир-икки соат тўхтаб, кейин яна келиши мумкин. Мана шу қоннинг тўхташи ҳайзнинг ҳукмини ботил қилмайди. Албатта ҳайз аввалги ва охирги вақти билан эътиборга олинади.
Демак, одатидан зиёда бўлиб ўн кунгача тўхтаса, “одатим ўзгарибди”, дейди. Аммо ўн кундан ҳам зиёда бўлиб кетса, ўз одатида қолади ва ундан ортганини ҳайз ҳисобламайди. Аёл киши ҳайз кунларида қизил, сариқ ва лойқаликни кўрса, ҳатто ҳеч нарса аралашмаган холис оқликни кўргунча ҳайзли ҳисобланади. Холис оқлик ҳайз тўхтагандан сўнг чиқадиган нарса бўлиб, худди у шилимшиқ бурун сувига ўхшайди ёки “холис оқлик” деганда аёлларнинг ўзлари қўйиб олган пахталарига айтилади. Агар шу пахта холис оқ бўлса, демак, ҳайз тўхтаган бўлади. (Одинахон Шайх Муҳаммад Содиқ қызының жуўабы).
3. Болады. Илажы барынша шығыў ўақтына тақамаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауым бар еди ден саулыгым жок саглам жигитке турмыска шыгыуым гуна емеспе
Ўа алайкум ассалам. Некелеп алмақшы болған адамға сорастырғанда туўрысын айтыў керек. Еки тәреп разы болса неке түсе береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссәләму аләйкум ўә роҳмәтуллоҳи ўә бәрокәтуҳ ұстаз менің сізге сорауым
1.Әйел кісі бес уақыт намазды оқыуы ұшын күйеуінен рұқсат сорауы керек бе?
Ўа алайкум ассалам. Парыз намаз ушын руқсат алынбайды. Нәпил намаз ушын руқсат алыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Хүрметли устаз. Сорауым соннан ибарат еди.
Өзим бес уақыт намаз оқыйман. Жораларым менен отырысларда олар арақ ишеди мен сол жерде отырығанымда не ислеуим керек? Олар менен отырмай кетип қалсам болама. Балалықтан бирге ойнап өскен мектепте бирге оқыған жоралық не болады. Соған динимизде не делинген.
Ўа алайкум ассалам. Оларды арақ ишиўден қайтарың! Мусылман адамның ҳарам нәрсе қойылған дастурханда отырыўы да дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы