Assalawma aleykum! "Iys shig'ariw" , "iys kuni" haqqinda toliq mag'lumat berseniz iltimas. Maselen marhumlardin olgen kuninde, olardi tuslerinde korgen waqtinda, jane qaytis bolg'anlardin' tuwilg'an kunlerinde, 9-may eslew kuni, Ramazan ayinin' baslaniwi hamde tawsilg'anda aq maydi kuydirip shelpek, bawirsaq pisiriliwin nazerde tutip atirman. Janede kewilsiz jag'daylar bolg'anda 7 shelpek tarqatiwg'a uqsag'an ameller haqqinda islam dininde qanday korsetpeler berilgen
Ўә аләйкум әссәләм. Бул сораўға алдын да жуўап берип едик. Ҳайыт байрамларында шелпек, баўырсақ ҳәм соған уқсас нәрселердиң писирилиўи, бул – ата-бабаларымыздың ҳайыт байрамына таярланыўы болған, өйткени алдыңғы дәўирлерде де, ҳәзирги күнимизде де ең жағымлы тағамлық затлардың бири шелпек ҳәм соған уқсас майға қуўырылып писирилетуғын тағамлар. Ата-бабаларымыз ҳайыт күни келетуғын қонақлардың алдына қойыў ушын өзлериндеги сыйлы тағамларды таярлаған, солар қатары шелпек те таярланған. Халық арасында ийис шығарыў ҳаққында тарқалған гәп-сөзлер тийкарсыз.
Сондай-ақ, кеўилсиз жағдайларда да айырым жерлерде шелпек писириў әдети бар екен. Бул да ҳәдиси шәрийфлердеги, «Бәлени садақа менен қайтар», «Ярым хурма берип болса да дозақтан өзиңди сақла» мәнилеринен келип шыққан. Яғный, адамлар қолынан келген тағамды садақа етип, бәле-апаттан сақланған. Өткен динсизлер дәўиринде халқымыз шәриятымыздан саўатсыз қалып кетти, нәтийжеде көп ғана жақсы ислеримизге бидъатларды араластырып қойды. Бизлер, түсинген адам бул ислерди туўры мәнилерде ислеўимиз керек. Мысалы жоқарыдағы шелпек писириў мәселеси. Негизинде өзиңдеги ең сыйлы тағамларды қойып қонақ күтиўдиң өзи үлкен саўаплы әмел, соның менен бирге жәмийетте адамлар арасындағы қарым-қатнасты беккемлейди. Енди усы шелпек писириўди, ата-бабаларымыздың руўхы келип ийискеп кетеди екен, деп исениў ҳәм усының ушын писириў барып турған илимсизлик, жәҳиллик, наданлық. Бундай нийетте ислеў шәриятымызға туўры келмейди, ақылға да уғрас ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум хурметли Устазлар. Сорауым томендегише, хаял адам Аятул курсин намаздан кеин дауыс шыгарып окыса дурыс боладыма? Жуабыныз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Қасында намәҳрамлар жоқ болса, яғный оның даўысы намәҳрамларға еситилмейтуғын болса, оқыўы жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум хурметли устазлар.
Менин сорауым шанаргымызда жети сегиз жылдан бери семясынан кайтып кеп отырган кырык жастагы апамыз бар.. жане турмыска берейик десек. куйеуге шыкпайман дейди. Бурынгы куйеуи менен некеденде загстенде отпеген.. шараятымызда усындай семясынан кайтып кеп отырган хайел кызлар хаккында не делинген. Жане турмыс курганы макулма .. ямаса мажбурлемеу керекпе жууаплар ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Қураны кәриймде қол астындағыларды ер адамларды үйлендирип, ҳаялларды турмысқа бериў ҳаққында аяты кәрийма бар. Бирақ турмысқа бериўде де, үйлендириўде де ҳеш ким мәжбүрленбейди. Неке ықтыярлы тәризде болады.
Мусылманшылықта жақын адамларымыздағы қандайда бир кемшиликлери болса, қолдан келгенше көмекши болыўға шақырылады. Ол кемшилик шаңарақ мәселеси болсын, я ден-саўлық мәселеси болсын, я материаллық мәселе болсын, я басқа мәселелерде болсын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауым томендегише омирлик жолдасым менен 7 жылдан берли жасайман турмыс курган кунимизде Некемиз окылган хожалыктагы бираз келиспеушиликлерге байланыслы 6 ай арамыз ашылып болек жасап хазир тагы бирге жасап атырмыз.Енди жане Неке окытыуымыз керекпе.Ерли зайыплылар бираз арасы ашылып болек жасаса Неке жане окытылыуы керек деп еситтим.Жууап ушын алдыннан рахмет жумысларынызга хам ийгиликли ислеринизге рауаж тилеймен.
Ўа алайкум ассалам. Егер талақ қоймаған болсаңыз, қайта неке оқытыў шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум. Еситиуим бойынша ерли зайыплар неке оқытпаса, тууылған перзентлери харам есапланады екен. Усы гәп қаншелли тууры?Бул хаққында кеңнен түсиник берсеңиз. Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ер адам менен ҳаял неке қыйдырмастан жасаўы шәриятта мүмкин емес. Егер неке қыйдырмастан жасап атырған болса, ол Аллаҳтың, шәрияттың алдында ерли-зайып есапланбайды. Бул жағдай мисли зина менен жасап атырған болады. Соның ушын да, жасы үлкейип кеткен адамлар да неке қыйдырыўы керек. Жасы өтип кеткеннен кейин неке қыйдырыўдың ҳеш қандай уят жери жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Жүдә узын сораўдан қысқартылынды:
1. Дем салғанда ата-баба қолласын деў дурыс па?
2. От жағып, ешкиниң терисин жипке байлап үйди айландырып шығыў не ис?
3. Палкерлерге барыў не ис?
4. Намаз оқыйтуғын адам усындай ислерди ислеўи мүмкин бе?
5. Қайсы аятларды оқысақ үйди жин-жыпырлпдан тазалаған боламыз?
Ассаламу алайкум.
Сораўларыңызға улыўма көринисте жуўап беремиз. Бул жүдә бир ашынарлы жағдай. Айырым адамлар усындай ислерди ислеп, буны жасырыў ушын намаз да оқып қояды. Оның намаз оқығанын көрген адамлар, оның иси дүзиў шығар деп ойлайды.
Жоқарыда саналған ислердиң ҳеш бири мусылманшылықта жоқ. Бундайлар тек ғана адамларға кесапатын тийгизеди. Бундайларды үйге жолатпаў керек.
Бақара сүресиниң басындағы бес аят, аятул курси ҳәм Бақара сүресиниң ақырындағы еки аятты оқыў сол үйди жин-жыпырлардан тазалаўы айтылған.
Негизинде бундай ислердиң өршип кетиўине адамлардың өзлери айыплы, динди, өзлериниң ақырети ушын керекли дәрежеде үйренбей, түрли ақылға уғрас келмейтуғын ислерди қылыўшы адамларды өзлерине устаз етип алады ҳәм солардың айтқанын қылып жүреди. Түрлерине қарасаң әбенедей оқымыслы адам болып көринеди, ал қылып жүрген ислери барып турған илимсиз адамның иси.
Ҳәзирги күнде қарақалпақ тилинде бир неше диний китаплар шықты, динди, диний әмелди солардың үйрениң, ҳәр түрли болар-болмас, палкер-жинкешлерден емес.
Аллаҳ бәршемизди туўры жолдан айырмасын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu akeykum wa rahmatullahi wa barakatuh Ustazlar.
1 Kaffarat oraza haqqinda ken'irek tu'sinik bersen'iz iltimas.
2 Namazda Fotixa su'resinen aldin Awzibillax penen Bismillah ishten ayliwi kerekpa? Ishten aytiw degeni dawisin shigarmastan quri ernin qiymildatip aytiw tusiniledima?
Juwaplar ushin Racmet! Allah islerinizden razi bolsin !
Ўа алайкум ассалам.
1. Рамазан оразасын қастан бузыў, каффарат оразаны лазым қылады. Бир күн бузылған Рамазан оразасы ушын алпыс күн избе-из тутып бериўи лазым болады. Арасында бир күн тута алмай қалса, қайттан бастан баслап және алпыс күн тутады, усы сол бир күнлик оразаның каффараты болады, бир күнлик оразаның қазасы да тутылады, ол бул алпыс күннен басқа. Нәпил оразалар ушын каффарат тутылмайды. Оларға бир күнге бир күн тутылады.
2. Аўа. Өзи еситетуғын дәрежеде айтыў иштен оқыў болады.Еринди қыймылдатпай оқыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум хурматли устазлар. Соравим томендегише. Мен танг намаз окимакши едим. 1 жас кизим бар егер намаз окиватганимда ойанип жилап калса не киламан.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў көп ўақытты талап етпейди, 3-5 минутта оқыса болады. Күнделикли турмысымызда ислейтуғын жумысларымыз ушын оннан да көбирек ўақыт кетеди, мысалы аўқат писириў ушын бир ямаса оннан да көбирек ўақыт сарпланады, шомылыў ҳтб лар ушын да көп ўақыт кетеди. Солар ушын имкан табылады ғо?!
Айырымлар намаз оқымаў ушын сылтаў излеўге шебер болады. Бир нәрсени умытпайық, бизлердиң оқыйтуғын намазымыз тек өзимиз ушын керек, Аллаҳ таала бизлердиң намазымызға зар емес, ал биз намаз оқыўға зармыз. Намаз оқыў адамға руўхый қуўат береди, Аллаҳ тааланың алдында турыў имканын береди, керек нәрселерди Аллаҳтан сораў имканын береди, мусылман болғанымызға шүкир етиў имканын береди, турмыста ҳадал жасаўымызға түртки болады, айта берсек, намаздың жүдә көп пайдалары бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu akeykum wa rahmatullahi wa barakatuh
Sorawim : Asir menen sham ortasinda qaza namazi oqilmaydima?
Ўа алайкум ассалам. Қуяш батып атырғанда намаз оқыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustaz. Sorawim orinsiz bolsa keshriń. Men bir qizdi jaqsi korip qaldim. Hazir soylesip jurmen. Ol qizda jaqsi koremen deydi. Biraq mennen aldin bir jigit pn soylesken. Bilmeytin edim. Men gunalimanba hazir?... ishimde bir zat qiynap jur. Raхmet oqiģanińiz ushin.
Ўа алайкум ассалам. Намәҳрам менен сөйлесиўдиң өзи гүна болады, даўамлы тәризде сөйлесип жүриў гүнада даўамлы болыўға алып келеди. Негизинде Аллаҳ таала қайтарған ҳеш бир исте берекет болмайды. Сиз бундай ҳарам жоллардан қайтың, өмирди кино менен араластырып қоймаң! Егер үйленгиңиз келсе, саўшы қойып, некеленип үйлениң, бундай етип жүриў мусылманға сай ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алайкум!Устаз мен бир заттан катты кыйналип кеттим.Намаз охип баслаганима 1 жылдан асти,ахирги 4 ай дауаминда гунадан озимди тийе алмай атирман. Уйленуге жагдайим жетпиди, уйленгеним менен аелимди хар тареплеме таминлей алмайман. Зина деген гунадан озимде тийе алмай атирман,Алла таалага 4-5 марте ант иштим баска кол зинаси килмайман деп,брак мынг афсус барибир клип койватирман.брак сол исти клип болип катты ксынаман хам коркаман. мен мунофик болип калдимба? илтимас отиниш сизлерден маган туры жол корсетинг.калай сол исти койсам болади?катты ксынып журмен.
Жуап ушун алдиннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Пайғамбарымыз алайҳиссалам жасларға үйлениўди усынған, оған қәдир болмағанларға ораза тутыўды усынған. Себеби ораза тутыў ер адамларды зинадан узақластырады. Аллаҳға тәўбе етиң, денеде жан бар екен тәўбе есиги мудамы ашық болады.
Көп адамлар үйленсем бала шағамды баға алмайман, деп қорқып 35-40 қа шекем жүре береди. Ҳәй инсан! Ырысқыны Аллаҳ бериўин умытпа! Қолында миллион-миллион пулы бар адам да, ҳеш нәрсеси жоқ адам да Аллаҳ бергеннен артық ҳеш нәрсени жей алмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum menin sorawim aule basina Ziyaratqa barip edik 5 jasar ulim da bar edi qasimizda quran oqitip atir edik balam Qorshalmagan bir mayttin ustine shigip alip oynap jur korip qattiga qorqip kettim sol kun esimnen shigar emes balama ziyani jok ba dep oylayberemen juwap ushin aldin ala raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Балаға ҳеш қандай зыяны жоқ. Балағатқа жеткен адамлардың қәбирди басыўы гүна ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar .
1. Men namazdan emes namaz menen keti degen soz barma ham ol haqinda maglumat berseniz .
2.Namazda salem bermesden burun qanday dwalar oqiladi .
3. Musulmanshiliqta xayal adamga shash aldirwga bolama .
4. Namaz oqip salem bergenen kiyin qanday dwalar oqiladi .
5.Sunet namaz hamde pariz namaz haqinda tusindirp berseniz olar arasinda qanday parq bar namaz nege sunet hamde pariz bolip bolinedi .
6. Eki jasi ten birge namaz oqiytin bolsa parz namazin bolek oqw kerekpe yaki uyw kerekpe birewi jasi ten bolganlar .
Xwrmetli ustazlar jaqsi jwaplar kutip qalaman sizlerge raxmet .
Ўа алайкум ассалам
1. Мусылман адам намаз оқыўға зар болғаны ушын усындай айтылған.
2. Роббәнә ямаса Аллоҳуммәғфирлий дуўаларын оқыса болады. Намазлық китап толық келтирилген.
3. Мусылманшылықта мүмкин ҳаял-қызлардың ҳеш бир үзирсиз шашын алдырыўы мүмкин емес.
4. Қәлеген дуўаны оқыў мүмкин. Дуўа китаплардан үйренип алың.
5. Парыз намаз бул Аллаҳ таала тәрепинен парыз етилген намаз. Сүннет намаз Пайғамбарымыз алайҳиссалам тәрепинен жолға қойылған намаз.
6. Илимлиреги имам болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин бир сорауым спиртли ишимликлер бойынша мен жорамнын фирмалары бар мен солардын хам баскада фирмалардын отчетларын ислеп консультация беремен сол ушын акша аламан енди сол ислесип журген жорам алькогол спиртли ишимликлер арак шарап магазинин ашып атыр сонында отчетын косып ислей бер дейди енди динимизде ол нарсе кайтарылган мен намаз окыйман жумага бирге барамыз бирак ол намаз окымайды енди мен оган тусиндирдим баска магазин аш деп бул болмайды деп тек отчетын ислеп бер дейди ишип атырганымыз жокко тек бизнес пул табыу дейди енди сол ислеген жумысым тууры болама гуна емеспе
Ўа алайкум ассалам. Ҳарам нәрселердиң ҳеш бирине араласпаң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сурауым бар еди
Макка мадина каласиндаги тас нени былдреди хам кандай тас сони толыклау айтсанз жуап ушин алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Мәккә басқа қала, Мадина басқа қала. Мадинада ҳеш қандай тас жоқ. Мәккәда қаласында Кааба бар. Бул төрт мүйешли бир бинә болып, Аллаҳ таала мөмин мусылманларды намаз оқыған ўақтында усы тәрепке сәжде етиўге буйырған, өмири даўамында бир мәрте усы Каабаны ҳаж етиўди парыз еткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum sorawim tomendegishe kapir adamdi jaqsi koriwge bolmayma eger ol kapir jaqin adami bolsada
Ўа алайкум ассалам. Мусылман болмағаны ушын мусылманларға болған мәмиле етилмейди, бирақ оған егер ағайин болса, ағайинлик, қоңсы болса қоңсылық мәмиле қылына береди. Ол айырып тасланбайды. Үйинде ямаса бирге болғанда шәриятқа терис ислери болса араласылмайды, мысалы, арақ қоятуғын жерлеринде оннан узақ болынады, кесел болғанда ҳалынан хабар алынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalama aleykum.Sorawim tomendegishe..Namaz oqimaqshi edim Bir narseni bilmey turman. Tan namazinan aldin Jalgiz oqiwshi Azan aytama ham Azandi qay tarizde aytadi hareketlerin tusindirseniz ham Pariz namazinan aldin oqilatin Kamattida usi tarizde oqiymispa.Azannan keyin Qanday duwalar oqiladi..Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Намазлық китаптан толық үйренип алың. Жалғыз намаз оқыўшы да азан айтады
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum! Menin sorauim musilman adam ilaqa (som) baligin jeuge bolmaydi deb esitip edim soni toliq tusindirib berseniz
Ўа алайкум ассалам. Жеўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!!! Сорауым:маган бир адам намаз окымасан оразан кабыл болмайды деп еди, сол хаккында тусиндирсениз?
Ўа алайкум ассалам. Ибадатлардың қабыл болыў ҳеш кимге мәлим емес тек Аллаҳға мәлим, себеби ибадатларды Ол қабыл етеди. Намаз бир ибадат, ораза бир ибадат. Намаз оқымаўлық оразаны да тутпаў керек дегени емес. Әлбетте екеўин кәмил етип бирге орынлаған мақул. Бирақ екеўин де орынламағаннан биреўин болса да орынлаған дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalaumualikum ua rahmattullahu ua barakathu allanin nuri jawsin ustazlar menin bir sorawim bar edi1 Namaz oqiganda er adamlar dawsin shgarip oqi kerek bolama 2 azan aytqanda qatti dawis penen aytiladima 3 qaysi namazlarda dawis shgarilmay ishten oqiladi jwap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Жәмәәт пенен оқығанда, таң, шам ҳәм қуптан намазларының алдыңғы еки рәкатында даўыс шығарылып оқылады ҳәм бәрше намазлардағы тәкбирлер даўыс шығарылып айтылады.
2. Даўысын шығарып айтыў керек.
3 Песин менен намазлыгер. Жалғыз намаз оқыўшы таң, шам ҳәм қуптан намазларын да даўыс шығармай оқыса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы