Ассалаума әлейкум устазлар, сорауым төмендегише, парыз намазларда үшинши төртинши ракатларда алжасып зам сүре оқылып кетсе намаз бузылама
2-сорауым; нәпил намазын күндиз үйде қайсы уақытта оқыуға болады? Жууаплар ушын рахмет, сауаплы ислериңизде алла сизлерге күш қууат бергей,
Ўа алайкум ассалам.
1. Сәждәи саҳў қыласыз. 2. Қуяш бир найза бойы шыққаннан қуяш тикке келгенше, қуяш тик ҳалынан аўып баслағаннан баслап намазлыгер оқығаныңызша нәпил оқысаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum domla, soʻrogʻim shuki nomozga turganda ,,basmala ,, qaysi yerida ishlatiladi, qaysi yerida ishlatilatilmaydii shunga toʻliq tushuncha bersangiz ? Javob uchun oldindan raxmat.
Ўа алайкум ассалам. Фатиҳа сүресиниң басында "басмала", яғный бисмилләҳир роҳмәнир роҳийм оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalomu aleykum xudo sizlardan rozi bolsin kop narsani organyapman sizlardan. Meni savollarim...
1. Men namoz oqishni juda xoxlayman lekin meni erim alkagol ichimliklar ichadi. Men namoz oqishni boshlasam erim ichgan vaqtlarida meni yonimda yotsa bu meni oqigan namozimni bir pulga chiqaradimi.
2.bu savolni berishga juda uyaldim Meni qaynonam 5 vaqt namoz oqidi. Shunisi achinarliki yolģon ham kop gapiradi. Yana oz farzandlarining sumka kiyimlarini tekshirip oz miqdorda pul oladi. Va bu pulni oziga bazida rozģorga iwlatadi. Bu ishini nima deyish mumkin. Òqigan namozi shunda ham savob boladimi.
3.eshitishimcha kimki namoz oqisa òģri bolsa hatto yoli yaxwimas bolsa ham baribir jannatga tusharmush. Sababi xudoni oldida bitta bolsa ham farzini ado etgan bolgani uchun. Bu qanchali haqiqat
Ўа алайкум ассалам.
1. Намаздың парызларын орынласаңыз болды. Мусылманнан парызларды орынлаў талап етиледи. Бәлким сиз намаз оқып атырғаныңызды көрип, күйеўиңиз де инсапқа келип қалар.
2. Мусылман адам, намаз оқыйтуғын адам ҳәмме гүнадан пәк деген гәп емес. Мусылман адам бул жақсылыққа қарай умтылыўшы дегени. Намаз оқыйтуғын адамда да басқалар сыяқлы нәпси бар, оны шайтан басқаларға қарағанда көбирек ўасўаса етеди. Мусылман адам қашан билип ямаса билмей гүна ис қылып қойса, тәўбе етиўге асығыўы керек. Илажы барынша биреў менен емес өзимиздиң саўап-гүнамызды ойлағанымыз дурыс болады.
3. Жәннетке кириў бендениң әмели менен емес, Аллаҳтың кеңшилиги менен болады. Ийги әмеллер, ибадатлар Аллаҳ тааланың мийримине себеп боладв.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Alla sizlerden razi bolsin bul iygilikli islerinizge. Menin sorawim erli zayip junub bolg'annan keyin g'usil aliwi kerek ekenligin bilemiz. Eger har kuni junub bolatugin bolsa kunde yagniy har kuni g'usil aliwi shartpe sol haqqinda toliraq mag'liwmat berseniz sebebi qis aylarinda bul narseler qiyinshiliq tuwdiradi har kuni bas juwiniw ayazlawga ham basqada sebeplerge alip keledi.Sorawim orinsiz bolsa keshiriniz Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Жынысый жақынлықтан кейин пәклениў ушын ғусыл қылыў керек. Ғусылды өзимизге шәрт қылмасымыздан алдын суўықта аязлап қалмаўдың жолын көриў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum menin surawim ozin unatip jaqsi koretin qizin menen ushrasip qolinan ustasan bul dinimizge turi keleme aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Некелеп алмастан алдын намәҳрам қызға қараў, оның менен сөйлесиў, оны услаў ҳарам ис болады. Бул ислер некеден кейин ҳадал болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Орынсыз сораулар болса алдынан кеширим сорайман
1)Адам кайтыс болганда мархумнын уйне кирген дауыс шыгарып кирген дурыспа?
2) Мархумды ким шомылдыруы керек хам намаз охыйтын адам шомылтыруы шартпа?
Ўа алайкум ассалам.
1. Тирилердиң жылаўы себепли марҳум азапланады.
Муғыйра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Кимге айтып жыланса, өзи айтып жыланыў менен азапланады», деди».
Еки шайх ҳәм Термизий рәўият еткен.
Ҳәдистиң текстинен көринип турыпты, өлген адамның артынан айтып жылаў өлиге пайда бермейди, ал оның азапланыўына себеп болады екен.
Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Умар разыяллаҳу анҳу мүсийбетке ушырағанда Суҳайб:
«Ўай бирадарым!» деп жылай баслады. Сонда Умар:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның, әлбетте, мәйит тириниң жылаўы менен азапланады, дегенин билмейсең бе?» деди».
Басқа бир рәўиятта:
«Әлбетте, мәйит оған өз әҳлиниң айырым жылаўлары менен азапланады», деген.
Бесеўи рәўият еткен.
Жоқарыдағы ҳәдислерден даўыслап, ўай пәленшим деп жылаўдың ҳарам екенин билемиз, себеби бунда өлген адам ушын азарланыў бар.
2. Ең жақын ағайиглери суўға ендириўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Менин бир сорауым бар еди мен откен жылы ораза устап едим 8 куним каза болды сонын 2 кунин тутып калган кундерин туталмай калдым каза болган кунимди кейинги Рамазан айынын оразасына дейин тутуым керек екен егер туталмай калсам не болады бул улкен гунама кашан болсада мойныма карыз кылып тутып берсем болама казасын. Жууап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
Рамазанның оразасы парыз ораза болады. Тута алмай қалған күнлериңиздиң қазасын тутыўыңыз керек. Тезирек тутып қарызды өтеўге ҳәрекет етиў керек. Егер Рамазанға шекем де тута алмасаңыз, Рамазаннан кейин тутасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustazlar.qariz aqsha alip sawda baslawga bolama
Ўа алайкум ассалам. Қарыз бенен жумыс ислеў дурыс, бирақ алынған пул процент болмаўы керек. Процентке пул алыў, бериў, арасында жүриў ҳарам етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar
Sorawim tomendegishe edi. quraminda Spirti bar bolgan duxuy ustimizge sewsek.Son ol kiyimde Namaz oqiwga bolama
juwap ushun aldinnan Raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmag'aleykum Qurmetti ustazdar. Menin surawim tomendegishe; Menin anam juma kuni tunde "Yasiyn" suresin oqigan bolatin(kitapqa qarap)shipa surap. Son bejagday bolip basi aynalip awirdi. Sozderinde qate jiberdim beken dep qorqip otir. Bul jagdayga pikiriniz qanday? Ayelder bul sureni oqiwi durispa? Aldinnan Raxmetttt.
Ўа алайкум ассалам. Қолдан келгенше ҳәрекет етип оқыўдың ҳеш зыяны жоқ. Ҳәдиси шәрийфте, қыйналып оқыйтуғынлар еки есе саўап алыўы жазылған. Ҳаяллар да, ер адамлар да китапты таҳәратлы ҳалда услаўы керек. Ҳаяллардың ҳәр айдағы мәлим күнлеринде Қуран оқыўы мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Qilip atirg'an isin'izden Alla razi bolsin! Qizim qorqip jilay beredi ko'zime jilan ko'rinip tur dep usinday qoriqqanda, shoshig'anda ne islesek boladi? Usinday waqitta oqilatug'in duwalar bolsa jazip jiberin' iltimas
Ўа алайкум ассалам. Фатиҳа, Ықлас, Фалақ, Нас сүрелерин ҳәм Аятул курсийди оқып дем салыўдың жүдә көп пайдалары ҳәдис китапларда айтылған. Негизинде ҳәр бир мусылман адам таңда ҳәм шамда усыларды оқып өзине дем салып жүрсе, зыянлардан аўлақ болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum .Men 5waqt namaz oqiyman.Qaza qilmawga hareкet etemen.biraq jumista bolganligim sebebli,shom namazim qaza bolip qaladi geyde.sebebi jumistan uygedin jolda kun batip ketedi.sol waqt kun batpay turip.uyge asigip kelip daret alip sham namazdi oqigman..qaza bolmasligi un oqigman..!endi asigip kelip oqisam gunax bolmayma?
2-sorawim.Tahhajut namazin Nukiste qay waqtta oqigan maxul.
Ўа алайкум ассалам. Шам намаз қуяш батқаннан кейин оқылады. Намаздың қаза қалмаўы ушын асығыў керек.
Таҳажжуд намазын таң атқанша оқыў мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum.bizlerdin uyde ata enem kuyewim qaynim namaz oqimaydi.kop aytamam namaz oqin waqtinz bar deb.biraq Allahim kunline salmay atrma?oqimay jur.Quran oqi deseda erkek adam bb turip men oqiyman Qurandi...sol durispa?
Ўа алайкум ассалам. Намәҳрамлар еситетуғын жерде ҳаял-қызлар даўысын шығарып Қуръан оқыўы дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
2020-jil qanday waqita oraza basladi ?
Orazamenen Ramazan degen ne ?
Yaramazan degenimiz ne ?
Jwaplar ushin raxmet .
Ассаламу алайкум.
1. 2020-жыл Апрел айының ақырғы он күнлигиниң ишинде басланады. Ораза, парсы тилиниң сөзи болып, мәниси "күн" дегени. Яғный күн даўамында аўыз жаўық жүргенликтен усындай аталып кеткен. Рамазан арабша сөз. Он еки айдың бирин аты.
Ярамазан, бул - ҳәй Рамазан, деген мәнидеги сөз. Бурынлары да, ҳәзирде де жас балалар Рамазан айы кирип келиўин байрам етип нышанлап шадлы, жақсы тилеклер айтылған қосықларды айтып жүреди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум устазлар. Сорауым бар еди. Мен жубайымнын кылыкларын баскаларга коз карасын корип аирым уакытта одан гуманланып каламан. Маган киянет ететугындаи болып туйилебереди. Ози менен соилесейин десем ол мени макуллап кейнен катты сак болып алама депте оилаиман. Оны калаи тексерип корсем болады. Палкерге барайын десем коркаман. Диннен шыгып кетеменба деп. Бирак кызганыш пенен гуман калбимди жеп болды. Кандаи жол тутсам болады.
Ўа алайкум ассалам. Анық көз бенен көрилмегенше қыянетте айыплап болмайды. Бул бир ўасўаса болыўы мүмкин.
Қыянет қашан болады? Қайсы бир шаңарақта Аллаҳ тааладан қорқыў, қыяметтеги жуўап бериў, ҳадал-ҳарам ислер, ҳарам ислер ушын Аллаҳ тааланың жазасы болыўы ҳәм тағы басқа усы киби сәўбетлер болмаса, қыянет те басқа ислер киби бир ис болып көринеди. Аллаҳ шаңарақларымызды беккем қылсын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум менин сурауым бар еди
Йт бағуға болама
Пластик карта берип 4. 5 айға бөліп берип зат ауға болама
Жауап үшін алдын ала рахмет 'АЛЛА разы болсын!
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳеш бир итияжсыз ийт бағыўға болмайды.
2. Пулын бөлип бериў шәрти менен зат сатып алыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aliykum ustazlar jasim 27de ele uylenbedim.jolimdi kimdur baylap qoyg'an boliwi mumkinbe?
Shan'araq quriwdan aldin oqilatugin duwalar barma?
Ўа алайкум. Намаз оқымай жүриў сыйқырға ушыраўдан да жаманырақ. Намазларын ўақтында оқып, зикирлер қылып, аятлар оқып жүрилсе, иншааллаҳ ҳеш нәрсе зыян бермейди.
Шаңарақ қурмақша болғанларға шайх Муҳаммад Садықтың "Бахтыяр оила" китабын оқыўды усынаман.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw Alaykum Ustazlar.
Fatvo degenimiz ne.. juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Пәтўа арабша сөз болып, сораўға жуўап бериў мәнисин аңлатады. Пәтўалар тийкарынан үшке бөлинеди. Бириншиси шәрият болған пәтўалар, буған саҳабалар қайсы бир мәселени Пайғамбарымыз алайҳиссаламнан сорайды, пайғамбарымыз алайҳиссалам буған жуўап береди, усы мәселе кейиншелик шәрият болып қалады. Екиншиси, аятлардағы, ҳәдислердеги ҳүкимлерди уламалар үйренип шығады ҳәм онда неше парыз бар екениниң ҳүкимин шығарады, мысалы таҳарат аятын үйренип, таҳаратта тийкарынан төрт парыз бар екенин айтқан. Үшинши пәтўа бул ҳәзирги заманға шекем ҳәм буннан кейин де даўам ететуғын пәтўа болып, бул әлемде пайда болатуғын таза жаңалықлар мусылманшылықта қандай қаралыўы ҳәм оның ҳүкими қандай екенлиги үйренилип шығылады ҳәм пәтўа бериледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli musulman brodarlar. Kasiplerin'iz rawajlar tileymen.
Sorawim: o'zim namazxanman Alhamdulilla bilsen'izler No'kis rayoni akmang'it aymag'inda to'k taw Omar ata qoyimshilig'i bar. Sol jerge bazi bazida abrayli insanlar ziyaratqa menin' menen barari sen Quran oqip bilesen' ju'r dep. Tilekke qarsi Omar atani aynaliw man'layin tiygiziw siypalaw adetleri elege shekem saqlanip qalg'an. Men onday qilman'lar dep aytsam qiyalimda bular bul isler qa'te eken dep ha'zirgi bar iymaninada kesent etip qoyamanba dep qalamam. Degen menen aste aqirin tek kabani aynalamiz dep tu'siniki berip atirman. Maslahat bersen'izler ziyaratlaw haqqinda mazmunli hadisdenbe rawiyat. Qalay qilsam ziyarattan kewili suwimaytug'un qilip nasiyat aytiwdi.
Aldin ala raxmet ustazlar barin'izg'a shu'ku'rler...
Ўа алайкум ассалам. Қолдан келгенше туўры жолды түсиндире бериў керек. Бәлким мусылманшылықты беккем услаўына сиз себепши боларсыз! Ҳәдис ҳәм турмыс китабының жетинши томында бул ҳаққында кеңнен түсиндирилген. Жақын арада усы томның қарақалпақшасы да шығып қалады.
Аллаҳ таала бәршемизди туўры жолдан адастырмағай!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Устазлар.
Сорауым бар еди.
1 Келиншегим екеумиз тан намазын окып басладык, баслаганымызга 5 кун болды, бирак китапка карап окыймыз, бунын зияны жокпа? Албетте ядлап аламан дегенши!
2. Тан намазын окымастан алдын азан шакыру шартли турдема?
Рахмет, АЛЛА РАЗЫ БОЛСЫН.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ядлап алыў көп ўақытты алмайды. Тезирек ядлап алың.
2. Намазлардан алдын азан айтыўдың ҳүкими сүннет, иқомат айтыўдың ҳүкими де сүннет. Үйи мешитке жақын жерде жайласқанлардың үйине мешитте айтылған азан еситилетуғын болса, азан айтпаса да болады. Бирақ азан айтқан саўаплы ис болыў менен бирге, азан айтылған жерге файз-берекети де болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы