Ассалаума алайкум! Сизлерге Алла разы болсын. Сорауым . Жоқарыда оқып қалдым машында оқылған намазды қайта оқып алыуын. Мендеде болды усы жағдайлар бирақ қайсы намазлар екени есимде жоқ ниетимизди қалай айтып оқып алсак болады қаза болама сонда жууаб берсениз оқып алсам . Жууаб ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Сапарға шыққанда жолда сүннет намазларды көликте кетип баратырып оқыса болады, бирақ парыз намазларды руку, сәжде ҳәм басқа намаздың парыз әмеллерин орнына қойып оқыў керек. Қайсы намазды қаза қылғаныңызды еслеўге ҳәрекет етиң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alykum ustazlar. Sorawim: Egerde men taharatli bolsam biraq hayalim taharatsiz bolsa da men oni suysem menin taharatin buziladima? Juwap ushin aldinnan rahmet. Allahim ibadatlarimizdi qabil etkey!
Ўа алайкум ассалам. Сүйиў менен таҳәрат бузылмайды. Бунда егер мәний яки мәзий шықса бузылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар! Мен ораза услап журип катты ауырып калдым, енди ауырган кунлеримдеги усламаганым каза есапланама?
Ўа алайкум ассалам. Аўызыңыз ашық болған күнлердиң қазасын тутыўыңыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас салаума алайкум устазлар!
Сорауим жума намазинан кйн Имам салауат хам дуа окйди сони толик етип жазип жибере аласизба ядлауга колайли етип алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Намаздан қәлеген салаўат ҳәм дуўаны оқысаңыз болады. Намаз китапларда жазылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu. Aleykum
Soraw:
Musilmanlarg'a kalbasa, mayek,
Jewge bolama.
Ўа алайкум ассалам. Егер ҳадал жол менен исленген колбаса болса, оны жеўге болады. Мәйекти жеўге болмайды деген гәп жоқ, ол ҳадал нәрсе.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alikum raxmatuloxu uwa barakatu allax tala sizdi razi qilsin menin sorawim bar edi men 29 jastaman xazir tan namaz oqip jurbedim lekin bes waqit oqiwga jumus shareatim tuwri kelmi atir edi alla gunaxlarimizdi keshirsin meni bul isim qatema ea bolmasa durispa?
2) xayealim men neke qiyealmay jurmen kesh boldima ea xazirde neke qiydirip jebersem bolama juwap ushun raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Намаз оқымай жүриў қалай дурыс болады?! Намазыңызды толық оқыўға ҳәрекет етиң.
2. Ҳештен көре кеш жақсы. Тезирек мешитке барып некеңизди қыйдырып алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum sizdi alla qollasin sizge sorawim 1. Qurdasim usi jili ulli bolip qaytis boldi onin izinen kuyewi de qaytis boldi adamlardn aytiw boyinsha ol hayelinnin qabrinen 1mush topraq algan ol olim shaqiradima hazrde ekewnin qabri basqa basqa jerde .2soraw jaqnda tusken kelunshek dasturxan basinda tamaqlanwga tartnadi esh narsege qol tiygzbiy qisnadi sonda enesi iship jemesen jumislarndi isleyber dep buyrwga boladima juwaplarnz uwin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Болмаған гәп.
2. Бул шаңарақтың ишки мәселелери. Шаңарақта енениң орны да жүдә үлкен. Ол шаңараққа тазадан кирип келген келинине қолынан келгенше жәрдем көрсетиўге ҳәрекет етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум ҳурматли устозлар! Менинг бир саволим бор еди, Билайн компанияси "қадамлар учун гиглар" яни 10.000 қадам юрсак 100 мегабайт беради, базида 10.000 қадам юрмай "google fit" приложениясига 10.000 қадам ёзиб сохранить қилса 100мегабайт беради, айтингчи шу қадам босмай олган мегабайтлар ҳаром ҳисобланадими?
Ўа алайкум ассалам. Биреўди алдаў ҳарам ислердиң ең жаманы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw Aleykum sorawim qan tiygen ko'rpe-to'sek kiyim gilem htb larg'a qan tiyse tamsa bulnin' hukmi qanday juwip taslaw kerek bolama ja'ne qan tiygen jerlerge jinler keledi dep estip edim sol durispa ?
Ўа алайкум ассалам. Нажасат тийген нәрсени тазалап жуўыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalmuw Aleykum hurmetli ustazlar shariy ruqiya degen gapti estip edim sol ozine ozi dem saliwma ma'nisi ya basqa narseme ozine dem saliwdin' tartibin aytip otsen'iz iltimas jane qanday sureler menen dem salamiz dem saliw ushin oqilatug'in surelerdi oqip bolip ne qiliw kerek bir tanisim eki jaqqa suf suf dep aytiw kerek dedi sol durispa qate bolsa ne dep aytiliw kerek sureledi oqip bolip juwabin'iz ushin aldinnan rahmet Alahh razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Қуран аятларын оқып дем салыў шәръий руқия, делинеди. Фатиҳа, Ықлас, Фалақ ҳәм Нас сүрелерин оқып еки қолыңызға дем салып, өзиңизге сүртесиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalmuw Aleykum ustazlar g'usl yamasa taharat aliwdan aldin denemizdin' bir jerinde qan uyip qalsa (sho'kkish yamasa basqa narse menen qolimizg'a urip alsaq qar ren'de qan jiynalip qaladi ) sol jag'dayda g'usl ya taharat qilsaq duris bolama ekewda ken'rek tusinik bersen'iz iltimas juwap ushin aldinnan rahmet .
Ўа алайкум ассалам. Териниң сыртындағы нәрселерди кетиресиз. Териниң ишиндеги уйып қалған қан таҳәратқа зыян бермейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw Aleykum sorawim bir adamnna qarz yamasa bir narse alip sol algan narsemizdi ya qarzimidi qaytip alg'an bolsaq suytip qaytarsaq ol adam almawg'a haqisi barma almay qalg'an jag'dayda qanday jol tutamiz hukmi qanday boladi ? Shin kewilden raziman dep emes tek tili menen aytqan raziligi yag'niy qa'lbi basqa tili basqa bolip turip aytqan raziman degen sozi qarzi bar adamdi moynindag'i qarzinnan saqit qutilg'an bolama onin' raziman degen sozi otema' juwap ushin rahmet.
Ўа алайкум ассалам. Тили менен айтқаны өтеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Munafiq degen ne qanday adam ol qaraqalpaqsha qanday bolip aytiladi munafiq adam qanday boladi ?
Ассаламу алайкум. Мунафиқ сөзиниң қарақалпақшасы еки жүзли дегени.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ayel adamga shash qiydiriwga bolama ?
Missal : Er adam oz ayeline shashin qiydiriwga bolama musilmanshilqta ?
Missal : Shashtarazxanaga bir adam barip qaldi ol jerde 1 ayel shashtaraz bar basqa jerdegil bos emes al bar shfashtarlar bolsa uyine ketip baratir
Ol kisi asigip tur usi bugin ol shashin aldirw kerek
Basqa kunler bolsa qoli bosamaydi diyk jalpi ayel
Kisige shash aldiriwga bolama ya bolmayma ayel kisige shash aldiriw janba ?
Ассаламу алайкум. Ер адам шашын өз ҳаялына алдырса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум бир сурауым бар еди ит бағуға болама жауап үшін алдын ала рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ийт керек болатуғын жағдайларда руқсат. Мысалы ушын, шопанларға ийт зәрүр болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar. Sorawim bar edi. 1) Jalgiz namaz oqiganda azanniñ duwasin turgelip turip oqiymizba ya otirip oqiymizba? 2) G'usl qilganda shashti toliq juwiw kerekpa ya masq tartip qoysaq bolama?
Ўа алайкум ассалам.
1. Ықтыярыңыз.
2. Толық жуўыў керек. Ҳаяллардың өрилген узын шашлары болса, шашын жаймастан, өрилген шаш астынан бармақларын киргизип, басының ҳәмме жерине суў жеткерсе, жетерли.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз домлалар Ислам да коз тийиу бар оны еситип едим. Бирак кимнин дур назери туссе маселен кишкене балага сол уакытта халкымызда дастур бар коз тиймесин тупирип кой деген бул катеме кате болган жагдайда ширк амел болама?
- Ўа алайкум ассалам! Бул туўры емес. Туф-туфлар диннен хабарсыз, сүннетти билмейтуғынлардың иси.
Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Аллаҳ бир бендеге ҳаял яки мал-дүньяямаса перзент неъматын берген болса, ол “Мә шә Аллоҳ, лә ҳаўлә ўә лә қуўўәтә иллә билләҳ” десе өлимнен басқа ҳеш қандай апат жетпейди” деген.
Демек қайсы бир неъматтан әжепленген ўақтымызда усы дуўаны айтыўымыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум бiр сурағым бар еди таң намазынан 30 минут бурын турып тахажжуд намазын окыса болама
Ўа алайкум ассалам. Таң атпастан бурын оқысаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар,сизлердин жумысларынызга аумет тилеймиз.Менин бир сорауым бар еди,адамлар арасында бес уакыт намаз окыудан коре истигфарды кунинде жуз мартебе айтасан намаз орнына журеди деген гаплерди хаж сапарына барып келген мусылманлар айткан,бул каншелли дурыс екенлигине жууап берсениз,Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Истиғфар ҳеш ўақытта парыз намаздың орнын баса алмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллох уа баракатух.
Аллах тын 99 атын ядласан жаннетке киресен делинген. Аллах тын 99 атын маниси менен ядлау керекпа я тек атын билсек болдыма ? Хам со 99 атын жазып жберсениз илтимас . Аллах рази болсын хаммемизден!
Ўа алайкум ассалам. Илажы барынша мәниси менен ядлаң!
Аллаҳтың исимлери
Аъроф сүресиниң 180-аятында: «Аллаҳтың гөззал исимлери бар, олар менен дуўа етиң», делинген.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Аллаҳ тааланың тоқсан тоғыз – бир кем жүз исими бар. Ким оларды санаса, жәннетке киреди. Аллаҳ тақ ҳәм тақты жақсы көреди», деди.
Бул ҳәдисти Имам Бухарый ҳәм Имам Муслим рәўият еткен. Имам Термизий ҳәм басқа муҳаддислер ҳәдистиң даўамында Аллаҳ тааланың исимлерин келтирген:
1) Аллоҳ.
2) ар-Роҳмән.
3) ар-Роҳийм.
4) ал-Мәлик.
5) ал-Қуддуўс.
6) ас-Сәләәм.
7) ал-Муьмин.
8) ал-Муҳәймин.
9) ал-Азийз.
10) ал-Жәббәәр.
11) ал-Мутәкәббир.
12) ал-Холиқ.
13) ал-Бәәри.
14) ал-Мусоўўир.
15) ал-Ғоффәәр.
16) ал-Қоҳҳәәр.
17) ал-Ўәҳҳәәб.
18) ар-Роззәәқ.
19) ал-Фәттәәҳ.
20) ал-Алийм.
21) ал-Қобиз.
22) ал-Бәәсыт.
23) ал-Ҳафиз.
24) ар-Рофиъ.
25) ал-Муъизз.
26) ал-Музилл.
27) ас-Сәмийъ.
28) ал-Бәсыйр.
29) ал-Ҳакәм.
30) ал-Адл.
31) ал-Ләтыйф.
32) ал-Хобийр.
33) ал-Ҳалийм.
34) ал-Азыйм.
35) ал-Ғофуўр.
36) аш-Шәкуўр.
37) ал-Алий.
38) ал-Кәбийр.
39) ал-Ҳафийз.
40) ал-Муқийт.
41) ал-Ҳасийб.
42) ал-Жәлийл.
43) ал-Кәрийм.
44) ар-Роқийб.
45) ал-Мужийб.
46) ал-Ўәәсиъ.
47) ал-Ҳакийм.
48) ал-Ўәдуўд.
49) ал-Мәжийд.
50) ал-Бәәъис.
51) аш-Шәҳийд.
52) ал-Ҳақ.
53) ал-Ўәкийл.
54) ал-Қоўий.
55) ал-Мәтийн.
56) ал-Ўәлий.
57) ал-Ҳамийд.
58)ал-Муҳсий.
59) ал-Мубдиъ.
60) ал-Муъийд.
61) ал-Муҳйи.
62) ал-Мумийт.
63) ал-Ҳайй.
64) ал-Қоййуўм.
65) ал-Ўәәжид.
66) ал-Мәәжид.
67) ал-Ўәҳид.
68) ас-Сомәд.
69) ал-Қодир.
70) ал-Муқтәдир.
71) ал-Муқоддим.
72) ал-Муәххир.
73) ал-Әўўәл.
74) ал-Әхир.
75) аз-Зоҳир.
76) ал-Бәәтын.
77) ал-Ўәәлий.
78) ал-Мутәъаалий.
79) ал-Бәрр.
80) ат-Тәўўәәб.
81) ал-Мунтәқим.
82) ал-Афуўў.
83) ар-Роуўф.
84) ал-Мәликул мулк.
85) Зул жәләәли ўәл икром.
86) ал-Муқсит.
87) ал-Жәәмиъ.
88) ал-Ғоний.
89) ал-Муғний.
90) ал-Мәәниъ.
91) аз-Зорр.
92) ан-Нәәфиъ.
93) ан-Нуўр.
94) ал-Ҳәәдий.
95) ал-Бәдийъ.
96) ал-Бәәқий.
97) ал-Ўәәрис.
98) ар-Рошийд.
99) ас-Собуўр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы