Ассалаумагалейкум уа рахматуллаху уа баракатух!сорау:кайтыс болган адамга жаназасы окылмай турып куран багыштауга болама:суга ендирген сон болад дид,сол дурыспа?жауап ушын рахмет,Аллахсизлерден разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Мейит бар жерде Қуран оқылмағаны абзал. Бизлерде жаназа мәселелери енди-енди дурыс жолға түсип атыр. Негизинде мейитти тезирек жерлеў илажларын көриў керек, көпшилик, мейит денеси суўымастан жерге қойылыў керек, екенин биледи, бирақ әмелге келгенде бираз ақсайды.
Бир адамның жаны үзилсе, биринши нәўбетте жақын ағайин-туўысқан ҳәм мейитти жуўыўшы, кепинлеўши адамлар шақырылыўы керек. Ағайин-туўысқанлар гөр қаздырыў, жаназа оқытыў, алып барыў ҳәм жерлеўдиң илажын көриўи ҳәм мейитти илажы барынша тезирек өз қәбирине алып барыўға асығыўы керек.
Мейитти еки күнлеп сақлап қойыў, ағайинлер ушын тағам таярлаў, даўыс шығарыў ҳтб бидъат ислер шәриятта жоқ. Сада халқымыз усыларды диннен деп ойлайды, усы ислерди қылып өзлери бир қыйналса, мейитти кешиктиргени ушын гүнакар да болып қалады, оның үстине мейитти де сақлап қойып оны қыйнайды. Мейит ийелери дин адамлары турғанда, көшедеги арақ ишип жүргенлердиң айтқанын қылмаўы керек. Ҳәр бир исти, сол исти билетуғын адамлардан сорап ислеў керек. Аллаҳ таала ҳәммемизге инсап берсин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Еситиуимизше христианлардын Иисус Христос (олардын сыйынатугын кудайыма билмеймен) дегени негизи мусылманлардын Иса (с.а.у) пайгамбары дейди. Соларды анык билип тусинип алыу ушын кайсы китапларды окысак болады?
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала ўақты-ўақты менен адамларды дурыс жолға салыў ушын пайғамбарларды жиберип турған. Бизлердиң пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам адамзатқа ең ақырғы жиберилген пайғамбар. Ийса алайҳиссалам Муҳаммад алайҳиссаламнан алдынғы дәўирде яҳудий халқына ҳақ дин менен жиберилген. Бирақ олар ўақыттың өтиўи менен динин өзгерткен, Аллаҳтың буйрықларынан өзлерине унамаған жерлерин өширип, өзлериниң гәплерин жазып қойған ҳәттеки Ийса алайҳиссаламды Қудайдың баласы, деп айтыў дәрежесинде адасқан. Бул дин пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламның келиўи менен бийкар етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalmuw Aleykum hurmetli ustazlar sorawin g'usl qilip atqanda suw alip atqan idisimisg'a juwinip atqanda suw shashrasa ya denemizden agip tusse g'usil qilwiw waqtinda suw g'usil qiliwga ya bolmasa paydalaniwg'a jarmsiz bolip qalama ? ken'rek tusinik bersen'iz iltimas juwap ushin aldinnan rahmet.
Ўа алайкум ассалам. Жунублықтан ғусыл қылып атырғанда денеге тийгенген суў қайтып, ғусыл ушын суў алып атырған ыдысқа тамса, шашыраса суў нажас болмайды.
Қашан нажас нәрсе суўға араласқаны анық болса, ол суў ғусылға да, таҳәратқа да жарамайды. Ўаллоҳу аълам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw Aleykum hurmetli ustazlar jumisqa kirwiwde para menen kirse kiyingi alg'an miynet haqqisinin' hammesi xaram bolama ya belgili bir mug'dari xaram bolama ? juwap ushin aldinnan rahmet.
Ўа алайкум ассалам. Маңлай тери менен пул тапса ҳәм сол жумысқа лайық болса, тапқан пулын ҳарам деп болмайды. Ҳалал кәсип болыўы керек. Пара менен жумысқа кириў үлкен гүна, дүньяда да, ақыретте де буның ушын жуўап береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalmuw Aleykum ustazlar uyge perishte kiriwi ha'm kirmewine ya bolmasa perishteler shigip ketiwine birdey eki sebep bolip tursa yagniy perishte kiriwi uylerimizdi toltirip turiwna sebepshi amel ham perishte kirmewine sebeshi amel bolip tursa bunday jag'dayda uylerimizdeperishte bolama jane uylerimizdi sakinat haterjamliq Allaxtin' rahmet perishteleri hamde basqada perishtelerdin' tolip kop bolip turiwi ushin qanday amellerdi kobirek qilayiq maslaha't berin' iltimas.
Ўа алайкум ассалам. Буның ушын Қуран аятлары оқылыўы, Аллаҳ таала зикир қылыныўы, пайғамбар алайҳиссаламға салаўатлар айтылыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalmuw Aleykum hurmetli ustazlar gilem palas korpeshe ha'm sog'an uqsas nrselerge najas ma'niy yamasa maziy daret usig'an uqsas narseler tiyse olardi juwiw wajip shart bolama ya kepkennen son' daqti bir tawar usagan taza narse menen aritip dag'in ketkizsek pak bolama kiymge najasat tiyse bunin' hukmi qanday boladi kewip qalgan najasat (gilem korpeshe sog'an uqsasnarselerdi ustinde bolsa) ustinen basip alsaq ya kiymimzge tiyse ustinde jatsaq uyxlasaq otirsaq hamde basqa jag'daylarda najasatqa kimiz ya denemiz tiyip ketse keeip qalgan najasatqa bul kiymde ibatlarimizdi dawam ettirsek bolama ? Iltimas ken'rek tusinik bersen'iz .
Ўа алайкум ассалам. Сораўды сәл түсниклирек етип бериң!
Нажасат еки топарға. Бири аўыр нәжаслар (нажасати ғәлийза), екиншиси жеңил нәжаслар (нажасати хафифа). Жеңил нәжасларға қаршыға, лашын сыяқлы гөши ҳарам қуслардың тезеги, ат, өгиз, қой сыяқлы ҳайўанлардың сидиги киреди. Аўыр нәжасларға адамзат шығындысы, сидиги, гөши ҳадал ҳайўанлардың тезеги, гөши ҳарам ҳайўанлардың тезеги ҳәм сидиги, тезеги сасық болған қуслардың тезеги, қусық, ириң, арақ, шошқа гөши, шәриятқа муўапық сойылмаған ҳайўанлардың гөши ҳәм қаны киреди.
Мәний тийгенде еле суйық ҳалда болса, жуўылады, кеўип қалған болса, ысқаланады. Мәзий суйық болса да, кеўип кеткен болса да жуўыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalmuw Aleykum taharat qiliwg'a sharayit awilaw bolip tursa ya basqa sebeplerge kore qiyinshiliq tuwdirsa tek farz bolg'an ag'zalarin juwip qoysa bolama jane bir sorawi sunet bolg'an ameldi tark etse qilmasa gunahkar bolama?
Ўа алайкум ассалам. Таҳәрат қылыў қыйын болса, тек парызларын қылып қойса болады. Ким Пайғамбарымыз алайҳиссаламның шәпәәти керек десе, әлбетте сүннетти орынласын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalmuw Aleykum junub adam sawpli ameller qilsa bolama amellerdin' qabil boliwna tosqinliq eteme maselen tasbex sanaw ya uyge kirgende salem berip kiriw admlar benen salemlesiw awxatti Bismillaxir rohmanir roxiym dep baslaw sogan uqsas amellerdi qilsa bolama.
Ўа алайкум ассалам. Жунуб адам Намаз оқымайды, Қуран оқымайды, Қуран аятлары жазылған нәрселерди усламайды, мешитке кирмейди, Каабаны таўап етпейди. Усылардан басқа қәлеген исти қылса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw Aleykum ustazlar tis aldirsa ya jiddiy jarahtlansa yamasa usigan uqsas qan toxtawi ya bolmasa qan agip turiwi waqtinda taharat hamde g'usildi qalay qilamiz ya toxtag'anshi kutileme juwap ushin aldinnan rahmet.
Ўа алайкум ассалам. Қан тоқтамастан, сызлап әсте ағып туратуғын болса, онда ол ҳәр намаз оқылыўы аралығында бир рет таҳәрат алады. Қан ағып турған болса да, сол намаз ўақтында оның таҳәраты бар есапланады. Бундай адамлар үзирли есапланады.
Үзирлилер: Мурны ҳәр дайым қанап жүриўши, барқулла көзинен ириңли жас келиўши, алдынан ҳәрдайым сидик суўы келиўши.
Олардың усы ағзаларынан басқа ағзалары таҳәратты сындырса, үзирге өтпейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw Aleykum hurmetli ustazlar jaqinda bir saytta erli-zayip jinsiy baylanis waqinda terlep turip junub bolsa g'usil qilgan son' sol terlegen kiymlerin jane juwmastan kiyse jane junub boladi dep oqidim bul durispa jane basqa jag'daylarda terlep turip junup bolsa maselen uyxisinda bunin' hukmi qalay boladi kiymdi kiyip ketse bolama g'usil qilip bolip juwap ushin aldinnan rahmet.
Ўа алайкум ассалам. Оқыған мағлыўматыңыз дурыс емес. Мусылман адам мудамы таза жүриўге ҳәрекет етиўи лазым. Терлеген кийимди кийиў ҳүким тәрептен дурыс болады, бирақ әдеп тәрептен ийисленген кийимди кийип жүриў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw aleykum hurmetli ustazlar farz bolg'an oraza ayindagi orazanin' qazasin bo'lip-bo'lip tutsaq bolama ya bolmasa bir ay izbe-iz tutiw sha'rt bolama juwap ushin aldinnan rahmet.
Ўа алайкум ассалам. Үзир себепли тута алмай қалған парыз оразаны бөлип-бөлип тутса болады. Каффарат оразаны бөлип тутыўға болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamuw Aleykum hurmetli ustazlar har qanday kewip qalg'an najasttin' ustine otirsa basip alsa jatsa uyxlasa usi kiyim menen ibadatlardi dawam etirsse bolama maselen namaz oqisa denege tiyse qalay boladi kewip qalgan najasat maselen ma'niy yamasa ma'ziydin' kewip qalganina kiyimi denesi tiyse hukmi qalay boladi .
Ўа алайкум ассалам. Кеўип қалған нажасат кийимге ямаса денеге тийгениниң зыяны жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, менин сорауым томендегише, алдын тан намаз окып базибир себеплерге коре намаз окыуды токтатып , намаз окыуды кайттан басласа гуна боладыма? Алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Яқ, гүна болмайды, саўап болады. Намазды беккем услаң. Мусылманның биринши сыпаты бул намаз есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламуалейкум Куран хам тажуйд курсларин кай жерде окип уйренемиз рахмет
Ўа алайкум ассалам. Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ал Беруний" орта арнаўлы ислам билим журтында Қураны кәрийм ҳәм тәжўийдти үйрениў курслары бар. Сол жерге барып хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
АССАЛАМУ АЛЕЙКУ УА РАХМАТУЛЛОХИ УА БАРКАТУХУ!
ИСДЕРЫНЫЗДЕН АЛЛАХ РАЗЫ БОЛМЫН ИЛТЫМАС СИЛЕРДЕН СОРАУЫМА ТОЛЫКРАК МАГЛУМАТ БЕРЕАЛАСПА?
1) ИБРАХЫМ ХАЛИЙЛЛАХ ТУСЫНДЕ АЛЛАХ АЯН БЕРЫП ИСМОЙЛ АЛАЙХИССАЛАМ МЕНЕН СЫНАК БЕРИЛЕДЫ
ЮСУФ АЛЙХИССАЛАМ ТУС ЖОРИТЫН ПАЙГАМБАР БОЛГАН ДИДЫ УСЫЛАР ХАККЫНДА ХАДИС, РАУАЙЯТЛАРДА КЕЛГЕНБЕ?
2) МУХАММАД САЛЛАЛЛАХУ АЛЙХИ УА САЛЛАМ БАЛАСЫ ИБРАХЫМ НЕШЕ ЖАСЫНДА ДУНЬЯДАН ОТКЕН МЕН БИРЖЕРЛЕРДЕ 4,5 ЖАСАЛ АЛ БИРЖЕРДЕ 8 АЙДЫК ЯКИ 2 ЖАС ДЕП ОКЫДЫМ УСЫ УАКЫЯНИ ТОЛЫКРАК ЖАЗЫП ЖИБЕРЕАЛАСПА?
3)ХАР СУННЕТ НАМАЗДА САЛАУАТ АЙТУГА БОЛМА?
4) НАМАЗДА ОРАМАЛ ТАҒЫЎ ХАККЫНДА ТОЛЫКРАК МАГЛУМАТ БЕРЕАЛАСПА БИР КИТАПЛАРДА МЕН АУРЕТ ЖЕРЛЕР ЖАБЫЛЫУ КЕРЕК ДЕП ОКЫДЫП АЛ БИРЖЕРЛЕРДЕ ЖУЗДЫ ТОЛЫК ЖАУМАСА ТУУРЫ БОЛМАЙДЫ ЕКЕНЫН ОКЫДЫМ ТОЛЫКРАК МАГЛУУМАТ БЕРЕАЛАСПА?
5) ИМОМ БУХОРИЙДЫН "АЛЪ ЖОМЕ АС САХИХ КИТАБЫН КАРАКАЛПАК ТИЛИНДЕ ШЫГАРАЛАСПА ИЛТЫМАС АЛЛАХ ИСЛЕРЫНЫЗДЕН РАЗЫ БОЛСЫН АЛДЫННАН РАХМЕТ ЖУУАПЛАРЫНЫС УШЫН
Ўа алайкум ассалам.
1. Әлбетте, булар ҳаққында Қураны кәриймде ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде мағлыўматлар келген.
2. Он жети яки он сегиз айлық ўақтында қайтыс болған.
3. Болады.
4. Толық жүз емес, әўрет жерлер жаўылыўы керек.
5. Әсте-ақырынлық пенен болса да, қарақалпақ тилинде де динимиз тәлиматлары жарытылған китаплар шыға баслады. Иншааллаҳ "Саҳиҳи Бухарий" де қарақалпақ тилинде шығып қалса әжеп емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Kusuf namazinin hukmi qanday?
Кусуф намазы, яғный Қуяш тутылғанда оқылатуғын намаздың ҳүкими муаккад сүннет. Хусуф намазы, яғный ай тутылғанда оқылатуғын намаздың ҳүкими мандуб.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум. Алла ислеринизге береке берсин. Сорауым бир танысым сырт елде журип улкен атасының намазына кыркына жузине баралмады. Ол жакта жумыс ислеп жур. Енди ол калаи жол тутса болады. Арасында тусиме киреди деиди. Жууап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Қырықы, жүзи деп атап садақа бериў шәриятта жоқ. Улыўмалық мәниде саўабы өткенге жетсин, деп жетим-жесирлерге, мүтәжлерге садақа берсе, болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmaleykum aziz ustazlar sizlerden ALLA razi bolsin menin sorawim bar edi Men namaz oqib atirganimada awzimnin ishi suwlasip kobik jiynaladi oqib atirganimda toqtap jutib jiberemen sol durispa
Ўа алайкум ассалам. Бул намазыңызды бузбайды. Аўызда жыйнамаўға ҳәрекет етиң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламагаликум устазлар менин сурагым алдыннан рахмет. Нукуста медресе бар деп естигенмин. Катнап окыймызба жатып окыуга болама толеми барма болса канша екен.
Ўа алайкум ассалам. Нөкис қаласында Қарақалпақстандағы бирден бир диний билим бериў орны жайласқан. Бул жерде улыўма билим бериў мектеплериниң он биринши класын питкерген ямаса орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлерин питкерген Өзбекстан пуқаралары оқып билим алыўы мүмкин. Бул жерде оқыў төрт жыл. Әлбетте заман талапларына жуўап беретуғын жатақхана менен тәмийнленген. Оқыў шәртнама тийкарында болады.
Сондай-ақ, бул оқыў орнында үш айлық Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курслары да шөлкемлестирилген. Қураны кәриймди оқып үйренбекшимен дегенлер келип хабарласыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум! Алла ислериңизге рауаж берсин . Сорауым бар еди . 1. Намазда имамға уйығанымызда фатиха суресин оқыймызба ? 2. Аттахият, салауат, роббана атина , оқып болсақ кейин имам созса баска дууаларды қоссақ болама я салем бергенш кутемизбе.
Ўа алайкум ассалам.
1. Имамға уйығанда имамның қирәәти ҳәммениң қирәәти орнына өтеди. Уйығанлар фатиҳа ҳәм зәм сүре оқымайды.
2. Болады. Бирақ, намаздағы аятлар, зикирлер, дуўаларды көбирек оқыйман деп бир-бирине қарысып кететуғындай тез оқымаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы