Ўа алайкум ассалам.
1. Пәтия сөзи арабша фатиҳа сөзиниң қарақалпақша қолланылыўы болып, негизги мәниси ашыў, дегени. Ҳәр қандай кәсипти сол кәсиптиң маман устазынан үйренген мақул болады. Ал устаздың шәкиртке пәтия бериўи турған гәп.
Ҳәзирде пәтия алыў дегенде, кәсипке үйреткен адам бир шетте қалып дастурхан жайып, басқа адамлардың дуўасын алыў түсинилип қалған.
Бундан ислер мустаҳаб, яғный қылған саўаплы, қылмаса ҳеш зыяны жоқ ислер қатарынан.
2. Аллаҳ таала тақ, тақты жақсы көреди, деген ҳәдис бар. Бирақ әдетте бул гәп зикирде ислетиледи. Яғный зикир қылғанда тақ қылып таўысыў мақсетке муўапық, жуп қылып таўысса да ҳеш қандай зыяны жоқ. Айырымлар усыдан келип шығып, басқа ислерде де тақ қылыў керек, деп ойлап қалған болыўы керек. Бул шәрт ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум.
сорауым? мен устаман жай салыуда барлык жумысы калымнан келеди копшилик айтады бурынгы жаксы уталардан патия ал дийди патия алыу ушын ас уста изеуим шартпе? 2-сорау жайдын басын бастырганда агаш так болыу керек гербиштин катарыда так болыуы керек дийди мен буларга итибар бермеймен булардын себебин сорасам хешкимде анык жууап бералмайды сон оз билгенимди ислеп журмен бул хаххында тусиник берсениз. рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Пәтия сөзи арабша фатиҳа сөзиниң қарақалпақша қолланылыўы болып, негизги мәниси ашыў, дегени. Ҳәр қандай кәсипти сол кәсиптиң маман устазынан үйренген мақул болады. Ал устаздың шәкиртке пәтия бериўи турған гәп.
Ҳәзирде пәтия алыў дегенде, кәсипке үйреткен адам бир шетте қалып дастурхан жайып, басқа адамлардың дуўасын алыў түсинилип қалған.
Бундан ислер мустаҳаб, яғный қылған саўаплы, қылмаса ҳеш зыяны жоқ ислер қатарынан.
2. Аллаҳ таала тақ, тақты жақсы көреди, деген ҳәдис бар. Бирақ әдетте бул гәп зикирде ислетиледи. Яғный зикир қылғанда тақ қылып таўысыў мақсетке муўапық, жуп қылып таўысса да ҳеш қандай зыяны жоқ. Айырымлар усыдан келип шығып, басқа ислерде де тақ қылыў керек, деп ойлап қалған болыўы керек. Бул шәрт ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar. Sorawim bar edi. G'usl qilg'anda shashti toliq juwiw kerekpe ya masx tartip qoysaq bolama? Juwap ushin aldinnan raxmet. Allax sizlerden razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Шашы узын ҳаяллар шашының астына суў жеткерсе, сол басты жуўған менен тең болады, өрилген шашын жаздырып жүриўи шәрт емес. Басқалар шашын толық жуўыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. Устаз сорауым бисмиллах сыз сойылган тауыкты жеуге болама болмайма азыр окорочкаларды. Олар кол менен соймайды екен. Соган кенирек тусиник берсениз. Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. "Бисмиллаҳ" айтылмай сойылған ҳайўанлар ҳәм қуслардың гөшлери ҳадал болмайды. Базарда ямаса басқа жерден гөш өнимлерин сатып алғанда бир аўыз сорап көриў керек. Әдетте дерлик ҳәмме қассаплар, ҳайўанды ҳадаллап сойыўды биледи. Сырттан келетуғын таўық гөшлери егер шәрият көрсетпеси менен сойылмаған болса, ҳадал болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устазлар сизлерге сорауым мнадай 1Мен бен балинсадаман жыллы суу жок таяум менен окып турсам болама2Алла буйрса аперацядан аман шксам калай оксам болады грижа едим Бир дуга клып койн
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала шифаи кәмил берсин.
1. Ыссы суўдың илажы жоқ орынларда, егер суўық суў ден саўлыққа зыян болатуғын жағдайда, таяммум қылыўға болады. Бирақ ҳәзирги күнде ыссы суў таярлаўдың илажы бар.
2. Төсектен тура алмай жататуғын адам, жатқан ҳалында има-ишара менен намаз оқый береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметлы ұстаз.Сизден сорауым,мен енди ғана намаз оқып уйренып атир едим.Жумағада барып тураман.Жумаға сурелерды еле толық менгере алмадым айрым қатарлари есимнен шиғып қалады,егер толық оқымасан Парзин ада етилмеген болып мақрух болмайма.Қасимдағы барып журген аға шин кеулын менен барсан Алла тусинеды дейды астен уйренип аласан деген еды.
Ўа алайкум ассалам. Толық ядлап алыўға ҳәрекет етиң. Намазға жетерли дәрежедеги ядлаў керек болған сүре ҳәм дуўалардың ҳәммеси ярым бет әтирапында шығады. Ядлап алыў қыйын емес. Улыўма намаз оқымағаннан, қолдан келгенше оқыўға ҳәрекет еткен абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalwma aleykum. Bir sorawim bar edi, youtubega kirip turaman ham onda yajuj-majuj ham dajjal haqqinda video rolikler bar bul haqqinda magliwmat berseniz dinimzde qanday toliq.magliwmatlar bar olar haqqinda. Juwap ushin aldinnan rahmet
Ўа алайкум ассалам. Яжуж ҳәм Мажуж қыяметтен алдын шығатуғын махлуқлар. Дәжжал қыяметтен алдын шығып, адамларды жолдан азғыратуғын маңлайында бир көзи бар адам. Булар ҳаққында кейинирек мағлыўмат беремиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. Jana tuilgan balama atin qoyajaq edik.Jaxangir dep tanladi ulkenlerimiz.endi sogan mollani shaqirip qulagina aytqizamizba? Ya bolmasa ozimiz qulagina aytamizba? Ozimiz bolsa nezatlardi aytiumiz kerek?aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Жаҳангир парсы тилинен алынған болып дүньяны алыўшы, ийелеўши мәнисинде. Айырым китапларда бул исимди қоймаған мақул, делинген. Бирақ қойылған болса, өзгертип жүриў шәрт емес.
Нәрестениң оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтыў керек. Буннан кейин баланың ҳақына жақсы дуўаларды қылыў керек. Өзиңиз билсеңиз өзиңиз азан, тәкбир ҳәм дуўаларды қылсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Menin sorawin
Tusinde olgen marxumlardi korse olar menen soylesse
Mag'an razi bolmay jur jane basqa zatlardi aytip qan shigariwga yaki is shig'ariwg'a bolama ???
Ўа алайкум ассалам. Әдетте бундай түслер қатты сағынғаннан болады. Өткенлерге атап жанлық сойыў дурыс емес. Ҳәр қандай жанлық сойылғанда Аллаҳтың аты айтылыўы керек. Жанлық сойып, гөшлерин жетим-жесирлерге тарқатып, саўабын өткенлерге бағышлаў дурыс ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum, men 2013-jili moskvada islep jurgenimde bir tanisimnan 10 rubl qarz alip turvedim keyin ol adamdi tawalmay qaldim,sol qarzimdi qalay qaytaraman?
Ўа алайкум ассалам. Ийесин излең, қарыз ийесине қайтарылыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! "Dawis shigarmastan oqilatugin namazlardi ozin esitetugin darejede ses shigarip oqigan maqul. Sebebi ishinen dawis shgarmastan oqigan namazin' qiyalinda oqilganday bolip qaladi eken" dep bir agam aytip edi sol durispa?
Ўа алайкум ассалам. Даўыс шығармай оқыў дегени бул - басқалар еситпейтуғын, бирақ өзи еситетуғын дәрежедеги оқыў түсиниледи, аўыз, ерин қыймылдатпастан оқыў иштен оқыўға жатпайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar sorawim bar edi. men neke qiydirip edim endi ayrim sebepler menen shet elde jumistaman.. kop waqit ayelin qasnda bolmasan neke buzilip ketedi qayta oqitu kerek diydi sol tuwrali maglumat berseniz iltimas. alla ozi razi bolsin
Ўа алайкум ассалам. Ер адам талақ қоймағанша неке бузылмайды. Ҳаялы бар ер адамлар кеминде төрт айда үйине келиўи усынылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum iygilikli islerinizde tabislar tileymen. Hayal-qizlarda hayizdan junub bolgannan keyin g'usil aliw kerek dep esitkenmen. Sorawim junub bolg'an son' g'usul aliw kerek bolsa onda har kuni kunde g'usul aliw sha'rtpe yaki ta'harat alip qoysa bolama. Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Ҳайыз таўсылғаннан кейин бир мәрте ғусыл қылыў керек. Ҳайыз ҳалында шомылыў ықтыярый ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1) Assalawma aleykum ustaz sorawim! 10 dirxam kazirgi aqsha menen qansha boladi? 2)Sorawim tusimde bir er adam meshitte magan ulken quran kitap beripti ol nenin belgisi.
Ўа алайкум ассалам. 1 дирҳам 2,975 гр гүмис теңге, 10 дирҳам 29,75 гр гүмис теңге болады.
Биз түс жорыўшы емеспиз. Қуран китап әлбетте жақсылықтың белгиси.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар!
Сорауларым 1. Перзентимнин атын Абдирахман демей куры Рахман деп койдым усындай кылып кыскартып койганым зыйан емеспе? Я катеме?
2. Уйленгенимнен кейин закстан оттим бирак мешиттен отпедим казир перзентимнин жасы 1ден отти, журе баслады аллага шукир тысауын кестириуим керек оны калай ислесем болады жол жоба берсениз??
Жуаплар ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Абдураҳман, деп ат қойғаныңыз дурыс болады. Раҳман сөз тек Аллаҳға ислетиледи.
2. Ўақытты өткерместен, тезирек мешитке барып некеден өтип алың, мусылман адам неке қыйылмаған болса, шаңарақлы есапланбайды. Тысаў кестириў ҳаққында ҳеш нәрсе айтылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamualeykum ustazlar 1 sorawim jaqinda alla buyirsa tan' namaz oqip baslayjaqpan adamda qorqinish bolganson. 5 waqit fariz, asten tan' namaz oqip jursek bolama
2 namaz oqip baslag'an son' qanday islerdi tiyilip ozimizdi qalay uslap juriwimiz kerek .kiygeleklew minezim bar kop emes biraq bar
3jora joldaslar arasinda otirislarga jursek .ozim ishpeymen shekpeymen atpayman bolama
4 leviy isleuge bolama misali stroykida islep jurip firmada material satsaq mug'dari kop emes bolama .aldinnan raxmet alla razi bolsin iymanimiz bekkem bolsin barshe duwalarimiz alla qabil etsin
Ўа алайкум ассалам.
1. Мөмин-мусылман адам ҳәр күни бес ўақыт намаз оқыўы парыз. Улыўма намаз оқымай жүргеннен таң намазды оқып жүрген абзал. Мойнындағы таң намазының парызы өтелген болады, иншааллаҳ.
2. Ҳәр бир мөмин-мусылман адамлар ҳарам ҳәм мәкруҳ ислерден, әдепсизликлерден өзин сақлаўы керек. Әдебин жоқарылатыўдың, мусылманшылық бойынша илимлерин көбейтиўдиң илажын көриўи керек.
3. Әлбетте, дос-яранлар менен бирге болыў дурыс, бирақ олар менен Аллаҳ ҳарам еткен нәрселер бар дастурханда отырыў дурыс емес.
4. Биреўдиң нәрсесин урлап сатыўды айтып атырған болсаңыз, бул ис ҳарам есапланады, дүньяда да, ақыретте де азабы бар. Егер биреўдиң қолында жумыс ислеп, жумыс ўақтында саўда менен шуғылланыўды айтып атырған болсаңыз, бул да сизге ис бериўшиниң ҳақына қыянет болады. Ол айтқан ўақытта жумыста болыўыңыз талап етиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум узтазлар. Сорауым томендегише, куптан намазынин 4ракаат парызында 3-4 ракаатларды дауыс шигармай окиймызба? Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Жәмәәт пенен қуптан оқылғанда, шинши ҳәм төртинши рәкатлардағы қирәәт иштен оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum hurmetli ustazlar! Sorawim tomendegishe edi. Ajirasqan hayelindegi bala ushin aliment tolep, balanin’ ozin korip turmasa guna esaplanama, juu’ab u
Ўа алайкум ассалам. Шәрият шегарасынан шықпаған ҳалда баланы көрип турыў жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum aziz ustazlar sorawim bar edi mende hayal-qizlar menen salemleskende qol berip salemlesiwge bolmaydi diydi men ozin oqitiwshi bolip jumis isleymen kasiples hayal qizlar menen qol beremy assalamu aleykum desem qolin sozaberedi tusindirsem qaydem ondaydi esitpedim diydi sogan azgantay bolsada pikirinizdi aytsaniz juwap ushun aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықта намәҳрамлық мәселеси бар, яғный намәҳрам ҳаял-қызларға қандайда бир мүтәжлик болмаса, бир мәртеден артық қараў да дурыс емес. Сол қатары, намәҳрам ҳаял-қызлар менен қол берип сәлемлесиў де дурыс болмайды. Намәҳрам дегени мәрамлардан басқа ҳаял-қызлар түсиниледи.
Мәҳрамлар булар - Нәсил-насаб ҳәм әўлад тәрепинен некелениў ҳарам болған ҳаяллар:
А) ана, ата-ананың аналары, ата-әжесиниң аналары ҳәм тағы басқа;
Б) қызлар. Ул-қызларының қызлары ҳәм бәрше қыз ақлықлары;
В) апа-сиңиллер, аға-ини ҳәм апа-сиңиллердиң қызлары. қыз ақлықлары;
Г) әкениң әжапа ҳәм қарындаслары, дайы апалар, ата-ананың әкелериниң әжапа ҳәм қарындаслары, дайы апалары.
Д) емизген ҳаялға ҳәм жоқарыда саналаған оның ҳаял туўысқанларына;
Усылар менен қол берип сәлемлессе болады.
Е) өзгениң некесинде яки иддасында болған ҳаялға. (бул тек ғана неке түспейтуғын болғанлар қатарына киргени ушын усы жерге жазылды. Булар сәлемлесиў ҳәм басқа байланысларда намәҳрам болады)
Неке себепли маҳрамлар
Төмендегилер неке себепли маҳрамлар есапланады:
- ата-ананың, олардың ата-аналарының жуптылары (яғный, өгей ата-аналары);
- перзентлердиң жуптылары;
- қайнапа-қайнаталар, олардың ата-аналары (бул маҳрамлыққа неке болыўының өзи жетерли, қосылыў шәрт емес) ;
- ерли-зайыптың басқа шаңарақтан болған перзентлери ҳәр екеўи ушын маҳрам саналады.
1. Неке себепли маҳрам болған ҳаяллар:
- атаның ҳаялы (ол да ана ҳүкиминде), ол ҳаялдың анаса, әжеси;
- баларының, ақлықларының ҳаяллары-келинлери;
- ҳаялының аналары, ата-анасының аналары, буңл ҳаяллар неке оқылыў менен маҳрамға айланады;
- өгей қызлыр, өгей ул-қызларының қызлары, яғный ҳаялының алдынғы шаңарағында болған қызлары, бунда еркек ҳаялы менен қосылғаннан кейин ғана өгей қызлары маҳрамға айланады.
2. Неке себепли маҳрам болған еркеклер:
- өгей аталар, олардың аталары (анасының ол кеўи менен қосылғанлығы шәрти менен) ;
- қызлардың, ақлық қызларының күйеўи (бул маҳрамлыққа некениң өзи жетерли) ;
- күйеўиниң атасы, күйеўиниң ата-анасының аталары;
- өгей баллары, өгей ул-қызларының баллары.
Неке себепли маҳрам болғанғанлар бир анадан емгенлер ҳәм зина себепли пайда болғанда да маҳрамға айланады. Мәселен, еркекке ҳаялының басқа күйеўинен болған қызы ҳәм ҳаялының анасы ҳарам болған сыяқлы ҳаялының емизген қызы ҳәм емген анасы ҳарам саналады. Сондай-ақ, зина қылған ҳаялдың қызы, анасы, емизген қызы, емген анасы да мәңги ҳарам есапланады.
Егер билсеңиз, елеге шекем айырым аўыллық жерлерде үлкен кейўаны әжелер ҳәттеки ақлығынан кишкене болсаңыз да сәлемлескенде жеңин түрип сәлемлеседи ямаса сәлем берип өтебер, деп қояды. Бундай болыўы олардың буны ата-анасынан ямаса өзиниң дәўириндеги адамлардан көргени себепли.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум устаз менин сорауым ? Он дирхам биздин акшамыз бенен канша болады хам дирхам хакында тусиник берип отсениз?Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Бир дирҳам 2,975 гр. Он дирҳам 29,75 гр гүмис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы