Ассалаума əлейкум!
5 уақ намаз оқыушы адамлардың жаман,пəтуас,сөгис сөзлер айтыуы дурыс ба?
Ўа алайкум ассалам. Мөмин-мусылман адамның сөгиниўи, пәтиўасыз сөз сөйлеўи дурыс емес. Бирақ бул ҳәмме намазханлар да усындай гүнасы жоқ адамлар дегени емес, пайғамбарлардан басқа ҳәмме адамлар да гүна ис қылып қойыўы мүмкин, себеби инсан затына нәпси берилген. Мусылман адам өмирин усы нәпсиси менен гүресип өткереди. Мусылман дегени ҳақты, Аллаҳты таныған дегени, нәпсиси менен гүресип туўры жасаўға ҳәрекет қылыўшы адам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Менин сорауым бар еди, илтимас (сорауыма) жууап берсениз!
Бизлерде адам койымшылыгы(аулие) нин касынан отип баратырып (бетимизди сыйпап )аумин деймиз
сол дурыспа? я болмаса динимизде бул туралы не делинген?
(илтимас бул сорау алдынырак сизлерге берилип хам оган жуап берилген болса сол жуаптын силтемесин(ссылкасын) жиберсенизде болады алдыннан рахмет) Алла баршемизди жаман жолдан сакласын!!!
Ўа алайкум ассалам. Бундай ислер мустаҳаб ислер қатарында, яғный қылсаңыз саўап болады, қылмасаңыз гүна болмайды. Бунда қуры қолды жүзге сүртип әмийн, деп өтилмейди, ал бир аят болса да тиләўат етип, марҳумларға бағышланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум хурметли устазлар .Менин сорауим томендегише, адамлар таза жайга ямаса коптен берли адам отирмаган жайга адирсапан тутетеди.Бул дастурме я ырымба каншелли дарежеде дурыс, бул хаккында динимзде не делинген.Жууап ушын алдиннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Әдираспанның илимий тәрептен пайдасы бар екенлиги ушын қылынса, буның ҳеш бир зыяны жоқ. Бирақ басқа шәриятқа кери исеним тийкарында исленетуғын болса, дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar. Sizlerdin' islep atirg'an islerin'izde Alladan kush-g'ayrat beriwin tileymen. Sorawim to'mendegishe. Jaqinda u'plep ishilgen awqat haram boladi degendi esitip qaldim. Men arasinda perzentime shayin u'plep berer edim. Aziz ustazlar, menin' balama bul ta'rizde bergen shay da haram sanala ma? Juwaplarin'iz ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Ҳарам емес, мәкруҳ, делинген
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum qaraqalpaq tilinde shigarqilgan quran kerim kitabi neshe sum turad
Qaraqalpaq tilinde androit kitaplar shiqtima ham barma saytlarda
Ўа алайкум ассалам. 100-150 мың арасында. Қураны кәриймниң телефонлар ушын программасы шыққан. "Playmarket" тен "quranqr" деп излең.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum aziz ustazlar mennin bir sorawim bar edi
Iyman insanlarda qalay payda boladi?
Iyman ozi qanday narse. .?
Usi sorawlar juwap berseniz juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Шайх Муҳаммад Садық раҳимаҳуллаҳтың қарақалпақ тилинде шыққан "Ҳәдис ҳәм Турмыс" китабының екинши томы ийманға арналған, соны алып оқың. Ийманды кеңнен түсиниў зәрүр. Оны бир еки гәп пенен түсиндириў қыйын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleikum wa rahmatullah! Alla hayrli isleriñizde qollap-quwatlasin. Sorawim tòmengdegishe edi: Umraģa bariw niyetimiz bar edi. Umraģa neshe jastan baslap barilsa boladi (màselen 20 jas) hàm tur firmalar arhali barsa da boladi ma yaki basqasha boladi ma? Toliģraq juwap beriwiñizdi kùtemiz. Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Толық мағлыўматты Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының "Ҳаж ҳәм умра" бөлиминен алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алеикум устазлар. Сорауым бар еди. Аукатланып болгасын ямаса баска отырысларда Куран окылады. Сонда Табарик Ясин сыяклы сурелерди кыскаша окып кояды. Бунда хар ким калеген жерине шекем окып коиса болама ямаса кандаида бир бегили жерине шекем окыу керекпа. Екиншиси мен Куран ядлап жур едим. Қираьти менен жалгыз калсам окыйман. Енди усылаи етип уйде дастурхан басында ямаса копшилик арасында окыуга кысынаман. Расы бир жагынан коркаман. Мактангандаи боламанба деп. Калаи окысам дурыс болады. Ушнши сорауым бир танысым хаялы менен баска шыккан еди. Хазирше турып атырган уйи хаялының уйи. Енди екеуи урысып калса хаялы мудамы оган кет, уйден кет деп аитады екен. Егер еркек адам хаялга кет десе некеси бузылыуы мумкин деп еситтим.(қате болса кеширим сораиман). Егер хаял адам ерине кет деиберсе некесине зыяны тийеме. Жууаплар ушын алдыннан рахмет. Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. 1. Үлкен сүрелердиң мәлим бир бөлеги оқылғанда, мәниси таўсылған жерге шекем бир қылып оқылыўы тийис.
2. Қуран ҳәм тәжўийд курсларына қатнап, дурыс оқыўды үйренип алың.
3. Ҳаялы кет деп айтыўы менен неке бузылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорау: сигарет шегетин насбай ататын Адам намазда имам болса сол адамга жамаат уйып окыса болама.?
Ўа алайкум ассалам. Намаздың бәрше парызлары орынланса, бундай адам имамшылығында оқылған намаз дурыс бола береди. Жасы үлкен адамлар арқалы сигарет шегиўи дурыс емес екенин түсиндирип қойыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алейкум сорауым турмыс курыуы кешигип атырган ер хам хаял адамлар га кайсы сурелерди окыса болады
Ўа алайкум ассалам. Қураны кәрийм аятларын оқып, зикирлер қылып, салаўатлар айтып Аллаҳ тааладан жақсылықты сораў керек. Мусылман адам мудамы дуўа айтып, Аллаҳға илтижа етип жүриўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалауму алайкум. Сорауым томендегише.
Намаз окып журген адам ауырып калса тосек тартып, тахарат алыуга шамасы келмесе намаз окыу керек бундай жагдай да калай болады. Илтимас кенирек тусиник берсениз.
Ўа алайкум ассалам.
Инсан әззилиги себепли қыямға туралмаса, отырып оқыйды. Отырған ҳалында ийилип руку қылады, ал сәжде де ел қатары басын жерге тийгизип оқыйы. Егер руку ҳәм сәждеге ҳалы келмесе, отырған бойы руку ҳәм сәждеге бираз ийилип, ишара қылып оқыса да болады. Егер отырыўға да ҳалы келмесе, аяқларын қубла тәрепке узатып, шалқасына жатып, басы менен ишара қылып оқыйды. Егер буған да ҳалы (қуўаты) келмесе, оған үзир есапланады. Қашан қуўатқа кирсе, қазасын оқыў нийети менен кейинге қалдырады.
-Намазды үзирсиз отырып оқыса бола ма?
Суўда, кемеде ҳәм жүрип баратырған үлкен көликлерде мүмкин.
-Сүннет ҳәм нәпил намазын атта оқыса бола ма?
Болады.
-Атта оқылса, қайсы тәрепке қарап оқылады?
Ат қетип баратырған тәрепке қарап.
-Ғаррылығы яки қатты суўық себепли тили Қуранды туўры оқый алмайтуғынлар намазын қалай оқығаны мақул?
Ондай инсанлар имамға уйысын. Жалғыз болса, билген аятын бир неше мәрте тәкирарлап оқыйды.
-Бир инсан қандай да бир себеп пенен ҳуўшынан кетип қалса, оқылмай қалған намазы не болады?
Бийҳуўшлық 24 саат ишинде болса, ҳәр бир намазын қаза қылып оқыйды, егер 24 сааттан өтсе , ол жағдайда таза күнниң намазларына кириседи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алейкум!Мен тамагим аурган себепли коп уахыттан берли "Qizil miya" деген сироп ишип журип едим.Бугын сол сироптинг составина карасам спирт араласкан екен.Енди мен гунакар болдимба?расы спирт араласканын билмес едим.Енди сол сиропти ишуге болама?
Ўа алайкум ассалам. Сироп сөзи негизи араб тилиндеги "шароб" яғный ишимлик сөзинен алынған.
Қосылған спирт дәриге араласып өзиниң дәмин ҳәм қәсийет жойтса, зыяны жоқ. Бирақ қосылған спирт өз ҳалында қалса, онда турыс емес. Қызыл мия бул боян тамырдан алынатуғын сироп, ондағы спирт муғдары билинбейтуғын дәрежеде, ислетиўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu alaykum! Allahim isin'izdin' sa'tin bersin! Insannin' qilatug'in a'mellerinin' ishinde sawap amel ja'ne gu'nah amelden basqa qanday ameller bar? Ken'nen tu'sinik bersen'iz! Aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu alaykum! Allahim isin'izdin' sa'tin bersin! Insannin' qilatug'in a'mellerinin' ishinde sawap amel ja'ne gu'nah amelden basqa qanday ameller bar? Ken'nen tu'sinik bersen'iz! Aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам.
-Әмел деген не?
Бендениң өмиринде ислеген ислери.
-Исламда бендениң әмели неше түрге бөлинеди?
Ҳәммеси сегизге бөлинеди: бириншиси – парыз. Екиншиси – ўәжиб. Үшиншиси – сүннет. Төртиншиси – мустаҳаб. Бесиншиси – мубаҳ. Алтыншысы – ҳарам. Жетиншиси – мәкириў. Сегизиншиси – мустакраҳ. Усы сегизге бөлинген әмелдиң айырымларын ислеў шәрт, айырымларын ислемеў шәрт. Және айырымларын ислеў-ислемеў ықтыярлы.
-Парыз қандай әмел?
Парыз – Аллаҳ таала буйырған әмел. Оны орынлаған адам саўап табады. Үзирсиз орынламаған адам гүнакар болады. Оның зәрүрлигине исенбеген адам кәпир ҳәм иймансыз саналады.
-Парыз әмели қайсы жағдайларда көринеди?
Аллаҳ таалаға ийман келтириў, Ислам дининде бес ўақыт намазды оқыў, Рамазан айында, ҳәр күни ораза тутыў, зәкат бериў ҳәм ҳажға барыў.
-Ўәжиб қандай әмел?
Ўәжиб – Ислам дининде орынланыўы шәрт болған әмел. Оны орынлаған адам саўап алады, орынламағанлар гүнакар болады. Ўәжибке исенбеген адам кәпир ҳәм иймансыз болмаса да, үлкен гүнаға батады.
-Қандай әмеллер ўәжиб әмелге киреди?
Ўитр намазын оқыў, ҳайыт намазларын оқыў, садақа ҳәм питир бериў, қурбанлық сойыў, Қураннан сәжде аятларын оқығанда сәжде қылыў сыяқлы әмеллер.
-Сүннет қандай әмел?
Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ислеген әмеллери. Сүннет әмелин ислеген адам саўап алады. ислемегенлер гүнакар болмаса да, қыямет күни мәламатқа қалады, Пайғамбарымыздың шәпәәтине ылыйық болмайды.
-Сүннет әмели нелерде көринеди?
Жақсы ислерди «Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм» деп баслаў, мөмин-мусылманларға сәлем бериў, Қуран оқыўды «Аъузу биллаҳи минаш-шайтонир рожийм» сөзлери менен баслаў сыяқлы әмеллер.
-Мустаҳаб қандай әмел?
Мустаҳаб – Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам гейде ислеп, гейде ислеўди лазым көрмеген әмел. Оны қылған адам саўап алады. Бирақ, қылмаса гүнакар болмайды. Қыямет күнинде азап ҳәм мәламатқа қалмайды.
-Мустаҳаб әмелине қандай ислер киреди?
Нәпил намаз оқыў ҳәм нәпил ораза тутыў, нәпил садақа бериў ҳәм барқулла таҳәратлы жүриў киби ислер киреди.
-Мубаҳ қандай әмел?
Мубаҳ сондай әмел болып, исленсе де, исленбесе де дурыс бола береди. Оннан инсан саўап та гүна та таппайды. ислеў ямаса ислемеў бендениң ықтыярында.
-Қандай әмеллер мубаҳға мысал болады?
Ҳадал тағамларды жеў, ҳадал ишимликлерди ишиў, отырыў, турыў, жүриў ҳәм зыяны болмаған сөзлерди айтыў.
-Ҳарам қандай әмел?
Ҳарам – Ислам дининде қатаң түрде қадаған етилген әмел. Оны ислеген адам қатты гүнаға батады, оны ҳадал деп айтыўшылар кәпир ҳәм иймансыз есапланады.
-Қандай ислер ҳарам қылынған?
Наҳақ адам өлтириў, адамзатқа ҳәм ҳайўанатқа зулым кылыў, ғыйбат қылыў, урлық, жалған сөйлеў, арақхорлық ҳәм зинакарлық сыяқлы ислер.
-Мәкириў қандай әмел?
Мәкириў – Ислам дини қайтарған әмел. Мәкириўди ислемеген адам саўапқа қалады ал, ислеген адам азапланыўы мүмкин. Оны ислеген адам кәпир болмаса да гүнаға батады.
-Мәкириў әмели нелерде көринеди?
Мешитке түпириў, (фаҳш-уятсыз) қосықларды тыңлаў, әдепсиз қосықларды айтып қосықшылық қылыў, адамлар арасында масқарапазлық қылыў, уятсыз қосықларды жазыў киби ислер мәкириў әмеллер есапланады.
-Мустакраҳ қандай әмел?
Мустакраҳ сондай әмел болып, оны қылғаннан көре қылмаған жақсырақ болады. Қылған адам гүнакар болмаса да әдепсиз саналады. Қыяметте азапқа калыўы мүмкин.
-Мустакраҳқа қандай әмеллер киреди?
Аўқатты үлкен-үлкен етип асап, жеў, базарда, көшеде аўқатланыў, қатты даўыс шығарып кекириў ҳәм еснегенде даўыс шығарып еснеў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум менин сорауым бар еди ? 10 дирхам канша сум болады соган тусиник берип отсениз Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Бир дирҳам 3,12 грам гүмис. Он дирҳам 31,2 грам гүмис. Гүмистиң базар баҳасын көрип, сумға шақсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmaleykum. Sorawim bar edi. Ne ushin mashinalarga dua lardi asip qoysaq shirik keltiretin bolsaq ne ushin Meshitimiz atraplarinda satiladi?
Ўа алайкум ассалам. Мешит әтирапында ондай нәрселер сатылмайды. Динди нықап қылып алған айырым жалатайлар адамларға сатады, сондай ақ, айырым қәбирстанлардың қасында сатады. Бундай нәрселерден аўлақ болыўымыз керек. Бундай тумарлар адамды ҳеш нәрседен сақламайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум , хурметли устазлар менин бир сорауым бар еди мен касибим бойынша поста тураман айел адамларды тексерип киргизип шыгараман ишкен айел болса жумыска киргизбеуим керек оган протокол жазип кайтарип жиберемиз себеби ишип кирип оган иште жумыс ислеп атирип бир жагдай боп калыу мумкин, егер жазбайын десем касибим соны талап етеди менде сол касиптин аркасынан нан жеп отирман бирак жазип болып кыйналаман себеби олардын премиясы кесилиуи ескертиу алыуы мумкин менин бул исим гуна емеспа ? Усы сорауыма жуап берсениз алдыннан рахмет жуап ушын.
Ўа алайкум ассалам. Бундай қылыўыңыз гүна емес. Кәсип талап еткен нәрсени қылыўыңыз сизиң ўазыйпаңыз. Бундай адамларға рейим етип руқсат бериўиңиз, руқсат бермеўиңизге қарағанда көбирек зыян келтиреди. Арақ ишкен адам қайсы жумысты дурыс қыла алар еди?!
Айырым адамлар рейимсизлик мусылманшылықтан емес, деп ойлайды. Дурыс, мусылман адам мудамы мийримли болыўы керек. Бирақ буның да шегарасы бар. Мысалы, биреў сениң ҳақыңды жеп қойды, егер бул иске қос силтеп қойсаң, ол және басқа адамның да ҳақын жеўге өтеди, егер сол ўақытта оған биреўдиң ҳақын жеў қандай жаман ис екенин түсиндирип қойсаң, кейинги гүнаға қол урмаўы мүмкин. ҳтб.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. Аллах субхана уа таьла сизлерге 2 дунянын жакылыгын берсин. Сорауым тахажжуд намазга кандай ниет етиледи напилма ямаса тахажжуд Деппа? Жуабыныска алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Нәпил намаз оқыўды нийет еттим десеңиз, болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
казирги заманда кыз баланы келин болгансон оган калын мал талап етиледи онын шегарасын озлеринше белгилейди бунын тартиби кандай сут хакы деген енди анасын разы кылыу шыгар калын мал толенгеннен кейин сооган жараса сеп кайтарыуы керекпе негизи мусыманшылыкта кандай болыуы керек? рахмет.
Ассаламу алайкум. Мусылманшылықта мәҳрден басқасы айтылмаған. Яғный неке мүнәсибети менен берилетуғын саўғасы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
1.Tek tan' namazin oqip jurmen.Bes waqit namazin' toliq bolmay napil namaz oqiw durispa?
2.Keshte napil namaz oqiyjaq bolsam,bir jarim jasar balam ekinshi jay namazdi tosep beriwimdi soraydi.Jaynamazda otirip hareketlerimdi qaytalaydi,geyde oynap ketedi.Namazg'a usi jastan kozi uyrensin dep tosep berip jurmen.Bul isim durispa?
Juwap ushin aldinnan raxmet,alla razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам.
1. Нәпил намазлардың ўақтында қаза намазларыңызды оқып алғаныңыз мақул. Бирақ бул нәпил намаз дурыс болмайды дегени емес.
2. Әлбетте, болады. Тек жайнамазға дәретин сындырып қоймаса болды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы