Ассалаума алейкум узтаз.Тун баткан сон ягный тунде аулиенин касынан отип баратырып Куран окуга болама ямаса аминь етуге бул каншалыклы дурыс.Жуап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Күндиз болсын, түнде Қуран тиләўат етип бағышлаў жақсы ис. Көлик пенен өтип баратырып жол бойында биринеше қәбирстанлар ушырайды. Олардың ҳәммесине бирме-бир тоқтаў шәрт емес. Көликте кетип баратырып дуўа оқып қойылса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум устаз
Менин сорауым каза болган намаз изине де аят Ал-курси косып окыуга болама
Жуу'ап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аят ал курсийды оқыў ықтыярый ис. Қаза намазлардан кейин де оқыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум устаз менин сорауым
Уйкыдан алдын кишене перзентлериме куран койып беремен егер куранды менде жатып тынласам хурметсизлик болмайма
Ўа алайкум ассалам. Ҳүрметсизлик болады. Кесел ҳәм соған уқсас тура алмай қалғанлар жатып еситсе, оқыса ҳүрметсизлик болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar sorawim asir namazi menen sham namazin qaza bolip qalsa men Quptan namazin oqip bolip shamgada asirgeda ayatul kursin oqiymispa? Ekewineda bir oqisaq bolama? Juwaplar ushun aldinan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Аят ал курсиди оқыў ықтыярый.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум хурметли устазлар.
Жас шанараклар турмысы бузылып ана баласына акесинен пул алып( алимент) толетип атыр мусылманшылыкта сол дурыспа кеннен маслахат берсениз..
Алла сизлерден разы болсын...
Ўа алайкум ассалам. Алиментти биринши болып еңгизген мусылманлар. Бул негизи мусылманшылықтан алынған. Мусылманшылықта ажырасқаннан кейин де перзентлердиң напақасы әкениң мойнында ўәжиб болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalama aleykum.Sorawlarim tomendegishe.1) Maldin yaki qoy eshkinin qarnin jese bolama.2) Taxarat algan payitta Izbe-izlikte qatelike jol qoysa misali:muringa suw tartiwdi unitip Juzdi juwip ketiw yaki eki qoldi juwip ketiw Yagniy almastirip qoysa taxarat buzilama.3) Tirnaqlardi qay jerde algan maqul.Juwap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Әлбетте болады. 2. Таҳаратта тәртип сүннет әмел. Таҳаратыңыз дурыс бола береди. Кейинги таҳаратта тәртипке әмел етиң. 3. Қай жерде алынса да, алынған тырнақ топыраққа көмиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum menin sorawim men qazaqstanda jumis istiymen stroykide men 5waqit namaz oqiyman al qazaqstanga kelsem tek gana tangi namazimdi oqisam uzirli bolama juwap ushin aldinnan raxmet alla razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Намаз ушын ҳеш ўақытта үзирли болмайды. Егер қаза қалса, қазасын оқыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Танысым кайтыс болган акесинин социаллык тармаклардагы харекетлерин дауам еттирип журеди. Бул каншели тууры? Бул кайтыс болган акесине кандай тасир етеди?
Ўа алайкум ассалам. Биреўдиң атынан жумыс ислеў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алейкум ва рахматуллохи ва баракатух, устозларга бир саволим бор эди,Илтимос илмизни бунданда зиёда килсин билсаларинг жавоб айтиб юборсаларинг!!!
Одамларни оркаси бор дейишадилар, улар катта уломалар дан ок фотиха олиши керак, кейин хаста ва касалларни даволаса булади дейишади
Бу нарса хакийкатми Оркаси бор деган, шунака килишса буладими,?
Бу канчалик хакикат?
Шу саволимга Илтимос устозлар билсаларинг жавоб айтсангиз!
Олдиндан Рахмат Аллох рози булсин сизлардан!
Ўа алайкум ассалам. Бундай гәплердиң адамларды алдаў ушын ойлап табылған гәплер. Әдетте жинге жақын болған адамлардан шығады. Бундайларға исенбең.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. 1)Косык (музыка) тынлауга болмайды деп еситип едим сол распа? 2)Нашид хаккында азымаз тусиник берип отсениз илтимас. Жуап ушын алдынан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Адамларды бузықлыққа, тәрбиясызлыққа шақыратуғын, сондай-ақ пайдасыз қосықларды еситиў дурыс емес.
2. Дуўа, зикир ҳәм салаўатлар айтылған қосық.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум уа рахматуллох уа баракатух. Сорау :
1.Пазилет каналында окип едим . Параны тек озннен баска адам дауагер болмаса берсе болады деп егер кате тусинген болмасам. Жакында сессияга пул жинайды озиме оценка алу ушын пул берсем харам болама?
2.Хазирде араб тили подкурслари ис журитип турыппа?
3.Кайсы парыз намазларда дауыс шыгарип окилады хам кайсы намазларда окилмайды?
4.Шанарак курудан алдин кайсы китапти окуды маслахат бересиз?
Ўа алайкум ассалам.
1. Қәте түсинипсиз. Пара бериўдиң ҳарам екенинде шубҳа жоқ. Бирақ айырым уламалар былай деген: "Өзи ҳақылы болып турып, бирақ пара бермесе жетисе алмайтуғын болса, бергенге гүна болмайды", деп. Бул уламалардың пикирине көре, сиз сол баҳаға ылайықсыз, бирақ пара бермесеңиз баҳаңызды қойып бермейди, сол ҳалда сиз берсеңиз гүна болмайды. Бирақ алыўшыға бул истиң ҳарам екени, қыяметте қатты азабы бар екенин ескертип қойың. Алыўшыға, ортаға түсиўшиге ҳеш ўақытта пара ҳадал болмайды. Бул дүньяда да, ақыретте де алған бир еки сомы ушын көп азапларға дуўшар болады.
2. Ал Беруний ислам билим журтында "Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд"курслары бар. Қәлеўшилер оқыўы мүмкин.
3. Таң, шам ҳәм қуптан намазларында парыздың биринши ҳәм екинши рәкатларында даўыс шығарып оқылады, песин ҳәм намазлыгерде иштен оқылады.
4. Шайх Муҳаммад Садықтың "Бахтиёр оила" китабын илажы болса ҳәр бир шаңарақ қурыўшы жаслар алып оқыўы керек. Сондай ақ, устазымыз Шамсуддин махдум Баҳауддиновтың "Саламат ана ҳәм бала жәмийет гиреўи", "Кәмил инсан" китапларында оқып шықса мақсетке муўапық болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ва рахматуллаху барокатух. Устаз сорауым томендегише. Инсан кабирге киргенсон оны кабирге койып кайтып баратырган жакынларынын аякларынын дауысы кетпей кабирде сорау жууап кылыушы еки периште келеди дейди. Кабирдеги сорау жууап кайсы тилде соралады араб тилиндеме? Бул хаккында хадислерде айтылганба?
Ўа алайкум ассалам. Бул нәрсени билиў мусылманларға талап етилмеген. Мусылманларға сол сораў-жуўапқа таярланыў буйырылған. Яғный өмирди ҳадаллық, ийман менен өткериў буйырылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz. Araq ishken adamnin awqat jegen qasinginnan awqat jeb qoyilsa awizdi qalay pakleymiz.
Ўа алайкум ассалам. Жуўыў менен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум хурметли устазлар.
Пазыйлет уз сайыты ашылып коп сорауларыма жууап тауып атырман. Ислеринизге табыс тилеймиз.
Менин сорауым алимент алыуга шариятымызда не делинген.. Илтимас соган кеннен тусиник берсениз.. Жууапларыныз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Алимент төлеў баланың әкеси ушын ўәжиб болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Истинжә сөзиниң мәниси тууралы айтып өтсеңиз
Ассаламу алайкум. Нажасатты кетириў мәнисинде.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумаалейкум . Сорауым төмендегише.
Егер,рамазан айында, ораза услап жүрген(тутық) инсан сәрлик уақтында уйқлап қалған болса, оянғанынан кейин дәм дуз татпай алла разылығы ушын оразасын услап(тутығын дауамлап) кетеберсе болама,я бирде әлбетте бирер азық ишип ямаса жеп кейин ауызын бекитиу керекпе?
Ўа алайкум ассалам. Ҳеш нәрсе жеместен ораза тутыўға нийет етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар,агалар бир сорауым бар еди. Мен тренер болып ислеп хам октябрь айында Озбекстан чемпионаты болды кушли жарыс еди соган менде бир шакиртим акша тауалмай калды тек 300.000сум тауды калганын мен бир бизнесмен агадан жардем сорадым ол агада намаз окыйды жардем болса колыннан келгенин береди мен закат деп алганым карыз есапланбайма соо балага жардем деп 500.000сум берди хам сол жардем берген бала чемпион болды жардем берген бизнесмен агага апарып усы аган жардем дегеним на дурыс болдыма
Ўа алайкум ассалам. Зәкат бул - қарыз емес. Пулдан шығарылатуғын садақа. Ҳақлы адам алыўы мүмкин. Бул бир нәрсениң орнына берилмейди. Яғный алған адам өзин пәс тутыўы керек емес. Әлбетте миннетдар болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма әлейкум Аллаҳ ҳәммемизден разы болсын ҳәр өткен күниңиз әжр саўалларға бай болсын
Жануб ҳалаты ҳаққында кеңнен тусиник берсеңиз. Тек ғана ҳаял менен жынсый жақыллықта болған адам жануб ҳалында болама???
Жуўапыңызды күтип қаламан.
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма әлейкум Аллаҳ ҳәммемизден разы болсын ҳәр өткен күниңиз әжр саўалларға бай болсын
Жануб ҳалаты ҳаққында кеңнен тусиник берсеңиз. Тек ғана ҳаял менен жынсый жақыллықта болған адам жануб ҳалында болама???
Жуўапыңызды күтип қаламан.
Ўа алайкум ассалам.
Жынысый жақынлық қылса, уйқыдан оянған адам көрпесинде яки кийиминде мәзий яки мәний тапса, бул ҳалат жунуб делинеди. Жунуб болған адамныӊ Қуран оқыўы, жазыўы, аят жазылған диний китапларды услаўы, мешитке кириўи жақсы емес.
-Жунуб ҳалында аўқатланса бола ма?
Қол, аўыз, мурын жуўылса, болады.
-Жунуб болған соӊ, бираз ўақыт өткерип жуўынса бола ма?
Тезирек жуўыныў мустаҳаб.
-Еки үш мәрте жунуб болып, бир мәрте жуўынса бола ма?
Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli bradarlar. Atqan tan' JUMA MU'BA'REK bolsin ha'mmege Alla eki du'nyanin' baxitin ina'm etsin.
Menin' a'kem 2008-jil qaza qildi tilekke qarsi o'z awilina alis jerge jerlendi. Ziyarta qiliwg'a uzaqliq qilip atir. Jaqinda jasi u'lken adam aytip qaldi. Imamlar menen oylasip mayitti ko'shirip jaqin jerdegi qoyimshiliqqa alip kelip qoya ber tez tez ziyarat qilip turasizlar dedi. Bul pikirge ustazlar imamlar shariyatimiz ne deydi. Juwap ushun aldinan raxmet...
Ўа алайкум ассалам. Қәбир бир жерде болыўы керек. Қәбир айырым ҳалларда ғана көшириледи, яғный орнын басқа нәрсеге пайдаланылмақшы болса ҳтб. Сиз үйиңизде отырып дуўа қылсаңыз да, иншааллаҳ саўабы жетип барады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы