Ассаламу Алейкум устазлар!Сорауим колайсиз болса кеширерсиз.Жахинда викторинада 65 сораудан,37 дурыс жуап бердим,брак женгимпазлар ишинде жокпан.Илтимас соны жане бир тексерсенгис.
Ўа алайкум ассалам. Бундай викториналар өткериў бойынша үлкен тәжрийбеге ийе емеспиз, сонлықтан бизлерден де айырым қәтелер өткен болыўы мүмкин. Буның ушын үзр сораймыз. Кейинги викториналарымызда еле де итибарлы болыўға ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алейкум Аллоҳ сизларга куч қувват берсин, Кўп одамлардан ешитганман колбаса маҳсулотларига чўчқа ёғи қўшилади деб, лекин колбаса таркибини ўқисам чўчқа гўшти ёки ёғи деб ёзилмаган, колбаса маҳсулотларини истеъмол қилсак бўладими?
Ўа алайкум ассалам. Қурамына ҳарам нәрселер анық қосылмаған болса, ҳадал болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!sorawim bar edi ol tomendegishe.Sadaqani siyganlarga beriwge bolama,ozi kimlerge ham ne dep bersek boladi?
Ўа алайкум ассалам. Ықтыярый садақаны бериўге болады, бирақ садақа алыўшы алған садақасын жаман жолға ислететуғын болса, онда бериў дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Намазда олген адамды жерлеуге акеткеннен кейин келген конаклар конак жайына барып аукатын жеп кетиуге болмайды дейди .Бул дурыспа я надурыс па.Жуабыныз ушын рахмет.
Әдетте халыққа қуўаныш-байрам күнлери ямаса иҳсан етиў ушын халыққа аўқат берсе болады. Бирақ, бир адам өлип турған жерде, ағайинлери азадар ҳалда, шәриятта үш күнге шекем аўқат писириў мүмкин емес. Аўқат писириў мүмкин болмаған орында халыққа аўқат тарқатыў бизлерге жабысқан бир иллет болады. Бул иллеттен қаншелли тез қутылсақ, соншелли жақсы болады.
Динимизде аўқаттың ҳүкими төмендегише: әдетте бир нәрсениң ҳадал болыўы ушын оның еки тәрепи де ҳадал болыўы керек. Биринши тәрепи яғный ол негизинде ҳадал нәрсе болыўы керек. Мысалы, ҳадал ҳайўанлардың гөши болыўы керек. Негизи ҳарам болған нәрселерди ҳадал пулға сатып алып, бисмиллаҳ айтып сойылған болса да ҳарамлығынша қала береди. Мысалы ийттиң гөши ҳадал пулға сатып алынған болса да ҳеш ўақытта оның гөши ҳадал болмайды.
Екинши тәрепи яғный ол нәрсе ҳадал кәсиптен табылған болыўы керек. Мысалы бир шөрек нан бар, бирақ ол биреўден пара алып сол пулға сатып алынған болса, онда ол нанды жеў ҳарам болып қалады.
Әдетте жаназада қайтыс болған адам сол үйдиң бағыўшысы болып, писирилген аўқат жетим-жесирлердиң ҳақы болатуғын болса, онда оннан жеўге болмайды. Себеби жетимниң ҳаққын жеў Қуранда шоқты жеўге теңлестирилген.
Бизлердиң журтымызда жақсы бир әдет жолға қойылған. Яғный қай жерде усындай мереке-той болса, халықтың өзи пул жыйнап, кеткен шығынды көтерип береди. Жаназада тарқатылатуғын аўқат жоқарыдағы еки тәрептен, яғный өзи ҳадал ҳәм ол сатып алынған пул да ҳадал болған тәғдирде де, ҳәдисте айтылған үш күнге шекемги азадарлық ўақытта писирилген аўқат болғанлықтан кеминде мәкруҳ болып қалады.
Усы орында бизлерге келген бир хат пенен таныстырсам. Хат мазмуны төмендегише:
Ассаламу алайкум. Сизге бир ўақыяны айтып берсем ҳәм соннан кейин мениң бир сораўыма жуўап берсеңиз. Бир достымның әкеси қайтыс болған еди, сондағы ўақыя еле көз алдымнан кетпейди. Сонда достым үйиндеги үлкен бала болғаны ушын ҳәмме аўырлық мойнына түсти. Әкеси бир шетте өлип атыр, анасы буны көтере алмай талып қалып шыпаханада, достым 18 жаста не қыларын билмей отыр. Ал ағайин туўған, қоңсы қобалар болса, жыйналып алып достыма, тез жанлық тап сойыўымыз керек, ертең бир мал тап үш күннен кейин садақа бериўиң керек, және пул тап, деп көп нәрселерди айтты, достым әкесин қайғырып, оның азасын тутарын да, кимнен қарыз аларын да билмей ҳайран. Енди усындай жағдайда мейиттиң үй ишин қыйнаўдың не кереги бар? Сонда достым қаттыға хорлығы келип үйге жылап келди. Не қыларын да билмейди. Бундай ислерди ким ойлап тапқан, дин дегени усындай бола ма? Егер халыққа ас беремен деген адам болса, алдын мейитти жерге қойып, кейин имканы болғанда бере берсин асын. Бундай етип адамларды қыйнаўдың хорлаўдың не кереги бар?
Хат мазмунынан көринип тур, бул жигит усы ислерди диннен деп ойлаған, яғный мусылмансаң ба, демек сеннен өлген адам ушын оны шығармастан турып халыққа ас тарқатыўың керек, деген түсиникте. Буны ол сол жердиң айырым "жасы үлкенлери" ҳәм ағайин туўысқанларының гәпи арқалы билген. Ал негизинде динимизде буның кериси айтылған ғо?! Не ушын айырым "жасы үлкенлер" динге жала жаўады? Қыяметте Аллаҳтың алдында қалай жуўап береди? Өзи қашаннан берли диннен хабары жоқ адам динниң атынан сөйлейтуғын болып қалды? Бизиң халқымыз сап тәбиятлы халық еди ғо?
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ассаламу алайкум! дәриушана садақасы хаққында тусиник берсеңиз, садақа бергенлер қандай сауап гуна алады, биз мешит қауымда дәриушана садақасына бармай ақша берген жоқ едик, бизди жек корип ауылдан коширип жиберей жақ, я баруымыз керек пе еди, тезирек жауап бере аласызларма илтимас
Ўа алайкум ассалам. Дәрўишана дегени алдыңғы дәўирлерде халық тәрепинен жыйнап берилетуғын садақа болған. Бирақ бул садақаның аты айтып турғанындай, тек дәрўишлерге, үйсиз, жайсыз, тамақсыз қалған әптада адамларға, сондай-ақ, бағыўшысын жойьтқан жетим-жесирлерге Аллаҳ жолында берилген. Ҳәзирде буның тек аты ғана қалған. Адамлардан пул жыйнап садақаға мүтәж болмаған адамлар жеўи дурыс емес. Себеби садақаның өз орны бар. Басқа орынға берилген садақа қабыл болмаўы менен бирге бундай қылыў дурыс емес.
Қәне еди адамлар ҳәзирде де дәрўишана ушын пул жыйнап мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары яки мешит ўәкиллери менен бирге орынлардағы ҳақыйқатта жәрдемге мүтәж адамлардың аўҳалынан хабар алса, оларға материаллық жәрдемлер берсе, нур үстине нур болған болар еди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум хурметли устазлар. Сорауым томендегише, каза намазынан сон аят ал курси окылмайды, тасби саналмайды деп еситип едим, сол дурыспа?
Ўа алайкум ассалам. Аят ал курсий ҳәм тәсбиҳ айтыў ықтыярлы ис. Ким еледе көбирек саўап аламан, Аллаҳға жақын боламан десе қылсын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Бир куннин намазын жумыс себепли каза калдырып. Кейинги куни сол каза калдырылган намазларын окып журсе болама? Егер болса Онын окылыу избе излиги кандай болады? Ягный тан намазынан баслаймызба? Алдыннан рахмет Алла разы болсын!
Ўа алайкум ассалам. Биринши нәўбетте ҳәр бир мөмин мусылман адам намазларын өз ўақтында оқыўға ҳәрекет етиўи керек. Егер қайсы бир себепке көре оқый алмаса, қаза қылып оқыўы керек. Намаздың орнын тек ғана сол намаздың қазасы ғана өтейди. Қаза намаз ўақтында оқылған намаз бенен бирдей, тек ғана нийет еткенде қаза екени де айтылады. Сүннет намазлардың қазасы оқылмайды, тек таң намаздың сүннетин ғана қаза етилген күни заўал киргенше оқыў мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум алла сизден разы болсын ! Мен бул сорауды сорауга коп ойландым туурысы уялдым Мен саудагерлер уйине келин болып тускенмен куйеуим жумыста бирак хазир бар айлыгына кредит толеп атыр озимде окыганман бирак енем саудага комеклес деп жибермеди менин дерлик хамме затымды уйдегилер алып береди жане анау мынау керек деп айта алмайман. сорауым: баска майда шуйделер ушын кассиден акша алсам урлык болама
Ўа алайкум ассалам. Ҳәмме ер адамлар билип қойсын, бир заипаны некесине алғаннан кейин оның мүтәжликлерин қандырыў ер адамның мойнында болады, егер ол өз ўазыйпасын атқармаса гүнакар болады.
Аиша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: «Ҳинд бинти Утба: «Я Расулуллаҳ, Әбиў Суфян дым сықмар адам, маған ҳәм балама жететуғындай нәрсе бермейди. Оған билдирмей нәрсе алсам бола ма?», деди.
«Өзиңе ҳәм балаңа жетерли нәрсени туўрылығынша ал», деди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum..
Qaza namazi qalay oqiw kerek eken haqqinda maglumat bere alasizba?
Jane bir sorawim tusinde olgen adaminin jane oliwin koriw neni bildiredi ?
Juwap ushin rahmet
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум устаз. Сорауым бар еди. Базарларда тиленшилик кылып акшанды алып дууа кылатугын ямаса саган пал тусип тур, мына затты алсан берекет келеди деп хар турли затларын сататугынлар ягный халык тилинде "цыгань" лардын усы ислери дурыспа хам оларга садака деп акша бериуимиз (озлеринин пален сум бересен деп сораган мугдарын) дурыс испе? Жууап ушын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Мусылман адамның пал ашатуғынлар менен улыўма байланысы болмаўы лазым. Пал ашыўшылар динниң атына дөҳмет тоқыўшылар, динди инкәр етиўшилер болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мени бир сорау үнеми ойландырады.Күйеуим менен турмыс қурыу барысында неке қыюда күйеуим өзи бир жасы үлкен нураныйдың яғный динимизден хабары бар деп билген ақсақалдың алдына алып барып неке қыйғандай болды.Кейин билсем бул неке шəртлерине дурыс келмейди екен яғный гуалар болмады,махр айтылмады.Бундай неке дурыспа?
2сорауым Күйеуим менен хəзирде бирге жасамаймыз.Күйеуим үйден кетерде саған рұхсат сеннен разыман сенде бахытыңды табасаң деген.Күйеуимниң бул сөзи талақ есабына жүреме?.Хəзирде оның басқа шаңарағы бар.Талақсаң деп айтпаса оның некели зайыбы болып қала беременбе?
Ўа алайкум ассалам.
1. Неке оқылғанда еки ер адам ямаса бир ер ҳәм еки ҳаял адам гүўа болыўы шәрт. Қуры ҳаял адамлар болса да гүўа орнына өтпейди. Гүўа адамларсыз оқылған неке дурыс емес.
2. Егер сол сөзди талақ нийетинде айтқан болса, бир баин талақ түскен. Егер сол сөзди айтқанда талақ етиў ойында болмаған болса, онда талақ түспеген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!menin sorawlarim tomendegishe.1.sadaqani siyganlarga bersek bolama,kimge ham ne dep beriwimiz kerek?2. Bizler sawdaga shigamis suytip qasimisqa palker apa bar sol keledi mamam menen soylesiwge soylesek bolama dinimizde?3.siniq kesa menen shay ishsek bolama? Juwaplar ushin aldinan raxmet.
Ўа алайкум ассалам.
1. Садақа ықтыярый яки парыз болады. Парыз садақа мал-мүлки мәлим бир муғдарға жеткен мусылманлар бериўи шәрт болған садақалары. Ықтыярый садақа бул кеўилден шығарып, яки әдетине көре берилетуғын садақалар болады. Әлбетте садақалар жарлы, жетим-жесирлерге берилиўи керек. Бай адамларға, гүна ислерге сарплаўы анық болған адамларға садақа берилмейди.
2. Палкерден узақ жүриң. Палкерлердиң айтқан гәплерин тастыйықлаған адам өзи билмеген ҳалда, мусылманшылықтан шығып қалады.
3. Сынық кесениң сынық жерлеринде микроблар топланып қалады. Булар шай яки суў менен қосылып ишке кириўи мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас саламу алейкум жума намазында парыз намазынан сон зикр айтлуы керек аркым оздерыне азкарий айтылу керек бизлерде зикр айтпайды соны айтсаныз
Ўа алайкум ассалам. Бизлердиң ең үлкен қәтешилигимиз анық билмей турып, ҳәр кимнен еситкен гәпти көтерип жүриўимиз. Ким айтты сизге жума намаздан кейин зикир айтыў керек деп? Зикир айтыў қосымша әмел болып, бул ықтыярый ис. Қәлеген адам айтыўы мүмкин, ўақты жоқ адам кейинирек айтыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Аллах Сизге жардемши болсын.
1.Сорауым дуйшемби хам пийшемби кундери тутылатыгын напил оразанын дууаларын айтсаныз.
2. Аллахым мени козимди ашып жумаганшелли оз халыма таслап койма дууасы арабшада калай айтылады?
3. Хаялларда Жума куни Кахф суресин окыуы керекпе?
4. Мектеп жасындагы балларымыз араб тилин кайжерде уйренсе болады?
Ўа алайкум ассалам.
1. Нийетти арабша айтыў шәрт емес. Аллаҳ жолында қалыс нәпил ораза туттым, деп нийет етиле береди. Қаза оразасы бар адамлар нәпилдиң орнына қаза оразасын тутқаны дурыс болады.
2. Алло'ҳуммә роҳмәтәкә аржу', фәлә' тәкилни' илә' нәфси' торфәтә ай'н, ўә аслиҳ ли' шәьни' кулләҳ, лә' илә'ҳә иллә' аңт”.
3. Жума күни Каҳф сүресин оқыған адам Дажжал фитнасынан аманда болыўы айтылған.
4. Ташкент қаласында шет тили сыпатында араб тили өтилетуғын мектеплер бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz. Sawap isti qizganip bir ozime bolsin degen durispa yaki oni kopshilik bn bolisken durispa.
Ўа алайкум ассалам. Мусылманлар саўап исте бир-бирлери менен жарысыўы керек. Бул бойынша көп аятлар, ҳәдислер бар. Сен-менге бармастан Аллаҳ тааланың разы болыўына умтылыўымыз лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламуалейкум уа рахматуллаху уа баракатух устазлар бойдақ жигитлер уйлениуге жағдайи болмай журген уакитлари.жаман кизларға бариу ауир гуна .бирақ озин спермасин ози щиғарип журсе гуна болама соған келгенде напси тйй кийинлау болип атир жуап ушин рахмет
Ўа алайкум ассалам. Соның ушын да Пайғамбарымыз алайҳиссалам жасларға үйлениўди мәсләҳәт берген, ал үйлене алмай жүргенлерге ораза тутыўды усынған, себеби ораза тутқан адамның шаҳўаты қозый бермейди. Сиз айтқан ис мусылманшылықта қатты қараланған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz. Sir emes araq uylerde bas qonaq bolip aldi. Araq ishilgen dasturxandi ham araq ishken adamnin paydalangan idislarin
qalay pakleymiz.
Ўа алайкум ассалам. Алдыңғы китапларда арақ тийген ыдыстың қатран қылыныўы айтылған. Яғный жуўып терис төңкерип суўы толық кеткенше қойыў. Ол заманның ыдыслар өзине суўды сиңдиретуғын болған, яғный гүләл ыдыслар болған. Бирақ ҳәзирги замандағы ыдыслар өзине суў жуқтырмайды, яғный өзине ҳеш нәрсени сиңдирмейтуғын болғанлықтан уламалар оларды жуўыў менен пәк болады, деп айтқан.
Арақ ишиў ушын имканият жаратып бериў де үлкен гүна
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Asalawma aleykum hurmetli Ustazlar.1) Insan qaytis bolgannan keyin onin tirnaqlarin ham qonsinnan qanday adam bolganin soraydi deydi bul gapler uraspa.2) Koz tiyiwden qanday saqlaniw kerek.Birewler tuz yaki Duwalardi tagip juredi usilar Tuwrima Jane bazilar uylerine qumadi, adiraspandi, qabaqti, qurqildaydin uyasin tagip qoyadi bularda tuwiri ispa.Juwap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Сораўыңыз түсиниксизлеў екен. Қоңсыдан ҳеш ким сорамайды. Жаназа оқылғаннан кейин "Бул жақсы адам еди", деп айтылады.
2. Фатиҳа, ықлас ҳәм фалақ, нас сүрелерин оқып жүриң. Үйге ҳәр түрли нәрселерди илдирип қойыў, қошқардың шақы, қабақ, сынған шәйнек ҳтб лар шәриятта жоқ. Бундай ислерди қылыўды жин-шайтанлар менен шуғылланатуғын айырым бир адамлар буйырады. Бундай ислерди қылмаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз.
Мен балама уход аламан домком документ тапсырғанымда бир айлығын бересең деди енди соны бер деп артымнан қалмай атыр корупция екени өз алдына рибахорлық екенин билип турып Қудайдан қорқпай соны халққа ислеп отыр мен не ислесем болады
Ўа алайкум ассалам.
Шәрият бойынша пара бериў ҳарам болады. Айырым уламалар, өзи ҳақылы болып турып, өз ҳақысы ушын мәжбүр болса, бериўшиге гүна болмайды, деген.
Айырым усындай адамлар да ушырап турады. Аллаҳ тааладан инсап бериўин сораң Бул истиң ҳарам екенин бир аўыз болса да оған ескертип қойың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум хурметли устазлар. Мен кеше балали болдим баламнин атын Абдуллах деб койгим кептур. Менин сорайн дегеним Абдуллах деген аттын манисин айтып бераласпа. Атын жазган кез жазылуу калай болады Абдулла деб жазылама я Абдуллах деб жазылама жууап ушин алдыннан рахмет Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Абдуллаҳ - Аллаҳтың бендеси, қулы деген мәнини аңлатады. Пайғамбар алайҳиссалам бул исимди мақтаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы