Ассалаума алейкум хурметли имам дамоллалар!
Менин сорауым каракалпак халкынын мына ахуалында (ягный ислам арканларын тутпайды, ийманды билмейди намаз окымайды ораза тутпайды садака бермейди ашкара шариятка кылаплык калады арак ишеди кымар ойнайды рибахорлык кылады зина кылады отирик сойлейди адамларды алдайды адалатлык кылмайды шанаракта еркек айел оз уазыйпасын билмейди жетимнин хакын жейди ) мусылман деп атауга бола ма? Адепсизлик кылганым ушын алдынан кеширим сорайман.
Ўа алайкум ассалам. Ийманы бар адам мусылман есаплана береди. Қылған гүналары ушын ақыретте жуўап береди.
Бир-еки адам ямаса он-жигирма адам сиз айтқандай болса, бул толық бир халықты жаман атлық қылыў дегени емес. Ҳәмме жерде де жақсы ҳәм жаман бар. Динине толық әмел етип жүрген қаншадан қанша шаңарақлар бар. Толық әмел ете алмаса да, қолынан келгенше тақўа жолын тутқанлар бар.
Биз мусылманлар биринши нәўбетте өз турмысымызды ийман үстине қурыўымыз лазым. Ҳәмме нәрсе соннан келип шығады. Ийман қаншелли күшейген сайын турмысымыз ҳадаллыққа толып таса береди. Ийманлы адам ислам арканларын толық услаўға ҳәрекет етеди, ийман нурын күшейтиў жолларын қылады, намазын оқыйды, оразасын тутады, садақа береди, илажсыз қалғанда да әшкара гүна ис қылмайды, арақ ишпейди, қумар ҳәм рибахорлықтан аўлақ болады, зина ҳәм өтирик сөзге жақынласпайды. Мудамы әдалат тийкарында жасайды, ерли-зайып өз миннетлерин орынлаўға қунт қылады. Ийманның не екенин аңлаған адам оны өз турмысына еңгизеди, басқалар оннан өрнек алады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Сорауым орынсызсыз болса узир.
Инсанды бахлап турыушы периштелер хаккында айтып берин илтимас. Жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам.
Имам Ҳасан Басрий «...оңда ҳәм шепте отырған ҳалда» аятын оқып турып: «Ҳәй адам баласы, сениң саҳифаң ашылды, еки ҳүрметли периште саған ўәкил етилди, биреўи оң тәрепиңде жақсылықларды жазады, екиншиси шеп тәрепте жаманлықларды жазады, солай екен, нени қәлесең қыла бер, аз ба, көп пе. Қайтыс болғаныңда, саҳифаң жаўылады, қәбирде мойныңа илдирилип қойылады. Қыямет күни сол ҳалыңда шығасаң...» деген екен...
Бул периштелер ҳаққында көплеген мағлыўматлар бар, ҳәзирше усының менен шекленемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalomu alayka va rohmatullahi va barakatuh
Sorauim tomendegishe:
Doslarim menen auqatlanip otirganimda,auqat issi bolganliqtan oni u'plep ishe basladim. Oni korgen qizlar "auqatti u'plep ishpe xaram boladi,bul sha'riyatimizda bar" dedi
Bul qanshelli darejede duris? Eger duris bolsa magan guna jazilama? Bunday ekenin aldinnan bilmegen bolsam.
Ўа алайкум ассалам. Кәмил инсан китабында аўқатланыў әдеби жазылған.
Анық билместен турып бир нәрсени ҳарамға шығарыўдан абайлаў керек. Аллаҳ таала ҳадал етип қойған нәрсени қалайынша ҳарамға шығарады?!
Ыссы аўқат ямаса шайға үплеў мәкруҳ, делинген.
Аўқат қатты ыссы болса, оның суўыўын күтип турыў да аўқатланыў әдебинен. Аўқат қатты ыссы ямаса жүдә суўық ҳалда желинбейди, оны үплемеў керек, ийискеп көрилмейди, шорылдатып ямаса шалпылдатып жеўге болмайды. Асма бинти Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Оған тағам келтирилсе, ҳәўири басылғанша үстин жаўып қойыўға буйыратуғын еди кейин: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның: «Бунда үлкен берекет бар», деп айтқанларын еситкенмен», дейтуғын еди».
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейеум азиз устазлар сорауым бар еди адамнын еки душпаны бар деп еситип едим биреуи ишки биреуи сырткы ишки душпаны напис сырткы душпаны шайтан усылар хаккында тусиник берсениз алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Нәпси ҳәм шайтан инсанды удайына жаманлыққа шақырып турыўшылар. Нәпси қыйыншылықты қәлемейди, ал шайтан инсанның туўры жолда жүриўин қәлемейди. Екеўи де бир-биринен қалыспайтуғын душпан. Соның ушын да мусылман адам мудамы қырағы болыўы керек.
Тасаўўуф уламаларымыздың айтыўынша, бир гүна исти қылыўға қайта-қайта үндеўши ҳәм соны беккем услап алыўшы бул нәпси. Бир гүна иске үндеп, оннан бас тартсаңыз, басқа гүна иске шақырыўшы бул шайтан болады, деген екен. Ўаллоҳу аълам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума ғалейкум. сұрағым Егіннен үсір (кеусем) кімдерге беріледі, суғарылуы туралы да түрлерге бөлінеді екен қандай дақылдардан беріледі, соған кеңінен түсінік берсеңіз?!
Аллаҳ таала:
«Әлбетте, садақалар тек жарлыларға, мискинлерге, онда (садақа исинде) ислеўшилерге, кеўиллери дос қылыныўшыларға, қул азат қылыўға, қарыздарларға, Аллаҳтың жолында жүриўшилерге, мүсәпирлерге (бериў) Аллаҳ тәрепинен парыз қылынды. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли», – деген («Тәубә» сүреси, 60-аят).
Шолыў: Усы аяты кәриймада мусылманлардың мал-дүньясынан шығарылған зәкатты алыўға кимлер ҳақылы екенлиги анық баян етилмекте. Усыған муўапық, зикир қылынған сегиз тайпа зәкатқа ҳақылы есапланады.
ЖАРЛЫЛАР ҲӘМ МИСКИНЛЕР
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Адамлар аррасында айланып жүрсе, бир бөлек, еки бөлек яки бир хурма, еки хурма оны қайтаратуғын адам мискин емес. Ал, мискин – өзин бийқажет қылатуғын байлық таба алмаған, оған итибар берип, садақа қылынбайтуғын, өзи турып барып, адамлардан сорамайтуғын инсан», – деди».
Бесеўинен тек Термизий рәўият қылмаған.
Шолыў: Усы ҳәдиси шәрийфте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мусылман адам илажсыз ҳалда мискинликке ушырап қалғанда да өзин қалай тутыўы лазымлығын баян етпекте.
Негизинде мусылман адам мискин, жарлы-кәмбағал болыўы керек емес. Қолынан келген бәрше ҳадал имканиятларды иске салып, өзин-өзи тәмийинлеп жақсы турмыс кешириўге умтылыўы лазым. Бул – мусылманға парыз. Бирақ, дүнья бир турыста турмайды, түрли ўақыялар болады, инсанның қәлеген нәрсеси бола бермейди. Әне усы себепли қыйын ҳалатқа түсип қалған мусылман да өзин сабырлы тутыўы керек. Адамлар оның бул ҳалын билип қалмаўы керек. Тезлик пенен биреўлерден жәрдем, садақа сораўға асығыўы жақсы емес. Өзин әне усылай тутқан адам мискин болады. Негизинде, басқа мусылманлар оларды излеп табыўы, зәкатқа ҳақылы санап, ҳақысын тапсырыўы лазым.
Адамлардың мазасын алып зат сорап жүриў, бир-еки тислем ушын да тилениўден қайтпаў – тиленшиниң иси. Ал, тиленшилик мусылманшылықта қараланған. Тиленши усы жол менен қәжетин шығарса, мискин өзи сорамаса да адамлар оның ҳалынан хабардар болып турады.
Ҳанафий мәзҳабы бойынша мискин ҳеш нәрсеси жоқ, ал жарлы айырым нәрселери бар, бирақ мал-дүньясы шәрий нисабқа жетпеген адам есапланады. Басқаша айтатуғын болсақ, зәкат бериўи ўәжиб болмаған адам.
Бир адамның мәканы ҳәм мүлки болып, оннан келетуғын дәрамат бул адамның қәрежетин қаплай алмаса, бундай адам бай есапланбайды ҳәм зәкатқа ҳақылы болып тура береди. Қалаберсе, өзине жетерли кийимлери, ҳайытта кийетуғын таза кийимлери, өнер әсбаплары, китап¬лары, ҳаялларында өзине жараса тағыншақлары болған адам да бай есапланбайды.
Биреўдиң мал-дүньясы болса, оннан пайдаланыў жолында тосық болып, аўыр аўҳалда қалса, мискин-жарлы саналып, олар зәкаттың мискин ҳәм жарлыларға ажыратылған үлесине ҳақылы есапланады.
ҚАРЫЗДАРЛАР
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума ғалейкум. сұрағым Егіннен үсір (кеусем) кімдерге беріледі, суғарылуы туралы да түрлерге бөлінеді екен қандай дақылдардан беріледі, соған кеңінен түсінік берсеңіз?!
Аллаҳ таала:
«Әлбетте, садақалар тек жарлыларға, мискинлерге, онда (садақа исинде) ислеўшилерге, кеўиллери дос қылыныўшыларға, қул азат қылыўға, қарыздарларға, Аллаҳтың жолында жүриўшилерге, мүсәпирлерге (бериў) Аллаҳ тәрепинен парыз қылынды. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли», – деген («Тәубә» сүреси, 60-аят).
Шолыў: Усы аяты кәриймада мусылманлардың мал-дүньясынан шығарылған зәкатты алыўға кимлер ҳақылы екенлиги анық баян етилмекте. Усыған муўапық, зикир қылынған сегиз тайпа зәкатқа ҳақылы есапланады.
ЖАРЛЫЛАР ҲӘМ МИСКИНЛЕР
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Адамлар аррасында айланып жүрсе, бир бөлек, еки бөлек яки бир хурма, еки хурма оны қайтаратуғын адам мискин емес. Ал, мискин – өзин бийқажет қылатуғын байлық таба алмаған, оған итибар берип, садақа қылынбайтуғын, өзи турып барып, адамлардан сорамайтуғын инсан», – деди».
Бесеўинен тек Термизий рәўият қылмаған.
Шолыў: Усы ҳәдиси шәрийфте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мусылман адам илажсыз ҳалда мискинликке ушырап қалғанда да өзин қалай тутыўы лазымлығын баян етпекте.
Негизинде мусылман адам мискин, жарлы-кәмбағал болыўы керек емес. Қолынан келген бәрше ҳадал имканиятларды иске салып, өзин-өзи тәмийинлеп жақсы турмыс кешириўге умтылыўы лазым. Бул – мусылманға парыз. Бирақ, дүнья бир турыста турмайды, түрли ўақыялар болады, инсанның қәлеген нәрсеси бола бермейди. Әне усы себепли қыйын ҳалатқа түсип қалған мусылман да өзин сабырлы тутыўы керек. Адамлар оның бул ҳалын билип қалмаўы керек. Тезлик пенен биреўлерден жәрдем, садақа сораўға асығыўы жақсы емес. Өзин әне усылай тутқан адам мискин болады. Негизинде, басқа мусылманлар оларды излеп табыўы, зәкатқа ҳақылы санап, ҳақысын тапсырыўы лазым.
Адамлардың мазасын алып зат сорап жүриў, бир-еки тислем ушын да тилениўден қайтпаў – тиленшиниң иси. Ал, тиленшилик мусылманшылықта қараланған. Тиленши усы жол менен қәжетин шығарса, мискин өзи сорамаса да адамлар оның ҳалынан хабардар болып турады.
Ҳанафий мәзҳабы бойынша мискин ҳеш нәрсеси жоқ, ал жарлы айырым нәрселери бар, бирақ мал-дүньясы шәрий нисабқа жетпеген адам есапланады. Басқаша айтатуғын болсақ, зәкат бериўи ўәжиб болмаған адам.
Бир адамның мәканы ҳәм мүлки болып, оннан келетуғын дәрамат бул адамның қәрежетин қаплай алмаса, бундай адам бай есапланбайды ҳәм зәкатқа ҳақылы болып тура береди. Қалаберсе, өзине жетерли кийимлери, ҳайытта кийетуғын таза кийимлери, өнер әсбаплары, китап¬лары, ҳаялларында өзине жараса тағыншақлары болған адам да бай есапланбайды.
Биреўдиң мал-дүньясы болса, оннан пайдаланыў жолында тосық болып, аўыр аўҳалда қалса, мискин-жарлы саналып, олар зәкаттың мискин ҳәм жарлыларға ажыратылған үлесине ҳақылы есапланады.
ҚАРЫЗДАРЛАР
Ислеп турып, бирақ жетерли дәрамат таба алмай атырған адам да сол жетпегени муғдарында зәкат алады.
Өзине, жағдайына ҳәм абырайына мүнәсип жумыс итибарға алынады. Алым ямаса жазыўшы қолайсыз жағдайға түсип қалса, жәмийет оны жүк тасыўшы ямаса сипсекеш қылдырып қоймайды. Керисинше мүнәсип жумыс табаман дегенше, зәкат пулынан жететуғынын берип тәмийинлеп турады.
Кәсипке жарамлы болып, бирақ илим алыў менен шуғылланып, қыйналып қалған адамлардан қәбилетли, келешекте жәмийетке пайдасы тийетуғын адамларға да зәкат пулынан жәрдем бериледи.
Көшпес мүлки бар, бирақ оннан түсип атырған дәраматы азлығы ушын қыйналып қалған адамларға да зәкат бериледи. Олар көшпес мүлкин сатыўға мәжбүрленбейди.
Егер илимий жумыс пенен шуғулланатуғын адамлар қолайсыз жағдайға түсип қалса, олар да зәкаттан алыўға ҳақылы. Китапларын, илимий тәжрийбе ушын керекли болған әсбап-үскенелерин ҳәм басқа нәрселерин сатып, күн көриўине жол қойылмайды.
Бир адам байлығы менен танылған болып, сол адам кәмбағал болып қалғанын айтып, зәкат сорап келсе, ол адам анық бир ҳүжжет пенен келмегенше, оның сөзи қабыл етилмейди.
Бир адамның бай екенлиги белгисиз болып, жарлы екенин айтып келсе, сөзи қабыл етиледи. Биреў кәсиби жоқ екенин айтып келсе ҳәм оның сыртқы көринисинен сөзи расқа уқсаса, сөзи қабыл етиледи. Биреў кәсиби жоқ екенин айтып келсе, бирақ сыртқы көриниси буған уқсамаса, оған ант иштириледи.
Жарлы ҳәм мискин бала-шағасы бар екенин, айлығы жетпейтуғынын айтып келсе, ҳүжжет пенен тастыйықлаўы керек. «Қарыздарман» деген адам да хат-ҳүжжет алып келиўи керек. Қылынған арызлардың дурыс ямаса надурыс екенин анықлаў ушын Исламдағы әжайып усыллардың барлығы иске салынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Асслаума алейкум сорауым егер кыз баланын тарбиясы жаксы болмаса ози менен бирге торт жакынын дозакка бирге алып кетеди олар акеси агасы иниси куйеуи усылар хаккында тусиник берсениз алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Шәриятта бундай гәплер жоқ. Қыяметте ҳәмме өз исине жуўап береди. Бундай гәплер әдебий китапларда жақсылыққа шақырыў мақсетинде ислетиледи. Әдетте қыз балаға тәрбия бериў ата-ананың ўазыйпасы, олар болмаса, оны қол астына алған ўәлийдиң ўазыйпасы болады. Ўақтында тәрбия бермесе, тәрбия үйретпегени ушын жуўапкер болады. Бирақ толық дозаққа алып кетеди, деп айтыў надурыс.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Хажыга барыу ушын кандай шартлер бар.ТОЛЕМИ канша?Мектептеги устаз барыуга болама яки пенсияга шыгыу шартпе?Жуап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Бул бойынша толық мағлыўматқа ийе болыў ушын Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының "Ҳаж ҳәм умра" бөлимине хабарласың. "Ҳаж ҳәм умра" бөлими Нөкис қаласындағы орайлық жәмәәт мешити имаратында.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум, мен омир жолдасымнан коп гуманланаман. Кыялымда маган кыянет кылып жургендей сезиледи. Арада 2 перзентли болганымызша усы темада коп жанжеллескенбиз.Неше марте онын хаклыгы ыспатланса да, услаган телефонынан, кошеге шыкканынан, жумыстан сал иркилгенинен гуманланаман хам жане сорауга тутып ант иштирип,нан-дуз яки жакынларын ортага койдырып ант иштиртемен. Хаялым жумыслы,5 уакыт намаз окыйды. Хатте шубхаланганымнан, ол гуналары себеп усы намазын баслаган деп те ойлаганман. Ата-анасы жакында каза кылды, менин есиме оны жакынларын ортага койдырып ант иштиргеним есиме тусип,озине "Демек, сен сол уакта нахак болгансан,енди саган исенбеймен" деген едим жакында болган баска усы темадагы урыста. Ол ант ишиу- жаксы ис емес деп хар мажбурлегенимде карсылык кылган хам бул мени бетер гуманландырып барибир иштиртер едим. Хак болсан кел сол кабир басына барып,ата-анан козинше ант иш дегенимде, кескин ажырасыу талабын койды.Хатте мешитке де еритип апардым,жузлесип сойлесип пикирлесиу ушын. Лекин табалмадык. Арада перзентлер бар. Лекин мен хаялыма исенбеймен. 10куннен бери болекленип журмиз. Балким,ол хак шыгар балким нахак. Бирак той-мерекеге менсиз бармайды. Сондада иштеги гуман барган сайын мени жеп атыр. Бундай уакта кандай жол тутыу керек? Маган тез арада жууап бериуинизди кутип каламан.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала шаңарағыңызды беккем қылсын. Өмир бир тегис өтпейди. Ҳәмме нәрсе кеўилдегидей болса, ең кеминде адамда ўасўаса пайда болады. Түрли нәрселерден гүманланыў, адамлар бундай қылып атыр, бундай деп атыр, ҳтб гүманлар. Булардан қутылыў ушын әлбетте ең биринши нәўбетте, Аллаҳты ҳәм өзимизди танып алыўымыз лазым. Буның ушын бенделиктиң ең алынғы шәртлеринен бири болған намазды өз орнына қойыўымыз керек, Аллаҳ, дин, шәрият, өмир, қәбирдеги аўҳаллар, ақыреттеги жағдайлар ҳтбларды үйрениўимиз керек. Сизиң жоқарыда айтқанларыңызда усындай ўасўаса сезилип тур.
Сораўларға тез жуўап бериў аңсат емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Сорауым тан намазын окыйтугын едим, уйимде гусул кылыуга шараятым жок сол себепли куры тахарат пенен окыса боладыма макрух болмайма? Жууабынызды кутип каламан.. Аллах баршемизге яр болгай!!!
Ўа алайкум ассалам. Жунублық ғусыл менен кетеди. Жунуб адам таҳарат алып намаз оқыўы дурыс емес. Мусылман адам өзине шараят жаратыўға ҳәрекет етиўи керек. Шараят жаратыў дегенде шомылатуғындай ләген ҳәм ыссы суў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
"Селёдка" балыкты жеуге болама? (тазаланбай хам басы алынбаган халатда тузланып сууда сакланган балык)
Ассаламу алайкум. Ҳадал. Ишиндеги ишеклерин шығарып таслаў керек. Ўаллоҳу аълам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Сорауым бар еди жунуб халында истигфар,Аллахтын аты менен зикир етиуге болама?Тасбех,салауат айтыуга болама?
Ўа алайкум ассалам. Жунуб адам төмендегилерди қылыўы мүмкин емес.
1. Намаз оқыў;
2. Байтуллоҳты таўап (зыярат) етиў;
3. Мешитке кириў;
4. Куран оқыў (еситиўге болады) ;
5. Қуранды яки аят жазылған қағазларды услаў.
Буннан басқа Аллаҳ тааланы зикир етиў, салаўат айтыў, истиғфар айтыў ҳтб лар мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz
Men ramazan ayinan beri tan namazin oqip baslap edim hamme waqit waqtinda oqip jurmen biraq bugin tunde kesh jatip tanda tura almay qaldim
Qaza namazin qaytip oqiw kerekligin bilmeymen sol haqqinda maglumat bere alasizba?
Ўа алайкум ассалам.
Бес ўақыт намазды өз ўақтында оқыў «ада», үзрли себеп пенен орынлай аламай қалса, ўақты өткеннен кейин оқыў «қаза», делинеди. Үзрли себеп пенен ўақтында оқылмаған парыз ҳәм ўитр намазлардың қазасы оқылады. Жума, ҳайыт, жаназа, сүннет намазлардың қазасы оқылмайды. Тек таң намазының сүннети усы күни түске шекем парыз намазы менен биргеликте оқылады.
Қаза намаз оқыў ушын нийет еткенде оқымақшы болған намаздың қазасы екениде нийет етиледи.
Қаза намазлар қуяш шығып атырғанда, түс ўақты, қуяш батып атырған ўақытлардан басқа ҳәмме ўақытларда қаза оқыла береди.
Таң намазының парызын баслағанда яки оқылып атырғанда келген намазхан, оның сүннетин оқыса жәмәәтқу үлгере алмайтуғын болса, таң намаздың сүннетин тәрк етип, фарызына уйыйды. Бул тәрк қылған сүннеттиң қазасын оқымайды. Бирақ таң намаздың парызын да сүннетинде қаза қылған болса, онда ўақытта екеўинде қаза қылып оқыйды.
Намаз оқыўшы адам бир кеше-күндиз өзинен кетсе (бийҳуш болса), ес-ақылын жойытса (жилли болса), өзине келгеннен кейин сол ўақытлыр оқый алмай қалған намазларының қазаларын оқыйды. Егер өзин жоғалтыў. жиллилиги бир кеше-күндизден күп болса, бул мүддет ишинде оқый алмай қалған намазларының қазаларын оқыўы лазым емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллохи уа баракатуху. Өткен жумалардың биринде газета журналларға жазылыу хаққында айтылып еди. Сол хаққында толығырақ инстаграмм facebook каналларыңызға 3,6,12айлық жазылыу тариф деймизбе бахалары хаққында хәм қайсы газета журнал екенин толығырақ жазсаңыз мақсетке мууапық болар еди деп ойлайман. Рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. "Ҳидоят" журналы - 75 000
2. "Мўминалар" журналы - 45 000
3. "Ислом нури" газетасы - 60 000
4. "Ҳидаят" журналы (қарақалпақша) 28 000
5. "Ислам нуры" газетасы (қарақалпақша) 22 000
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Jaqinda qoyanshiliqti rawajlandiriw ushin kredit berilejaq eken. 1. Qoyan bagip satiw, goshin jew, terisin satiwga dinimizde ruxsat barma?
Ўа алайкум ассалам. Бул кәсип пенен шуғылланыў дурыс. Қоян ҳадал ҳайўанлар қатарына киреди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Хаж хам умра зыяратларынын паркы неде.
Ўа алайкум ассалам. Ҳаж сөзликте «Қас қылыў» мәнисинде. Шарият термининде Каабаны ибадат қылыў ушын қас қылыў түсиниледи. Ҳаж дене менен ҳәм мал-дүнья менен қылынатуғын ибадат болып, Ислам, ҳур-еркин, шаңарағында артықша жетерли азығы ҳәм сапар көлигине қәдир болған, физикалық жақтан саў-саламат мусылманларға жоллар ашық ҳәм қәўетерсиз болған жағдайда өмири даўамында бир мәрте парыз.
Ҳаждың ўақты шаўўал, зулқаъда айлары ҳәм зулҳижжа айының дәслепки он күни болып есапланады. Ҳаждың еки тийкарға рукни бар: азғана болса да Арафатта турыў, зыярат таўабын орынлаў.
«Умра» сөзликте «зыярат, абатлық», деген мәнини билдиреди. Каабатуллаҳты арнаўлы жағдайда, арнаўлы кийимде зыярат қылыў «умра», делинеди. Оны «киши ҳаж», деп те атайды. Өмирде бир мәрте умра қылыў таъкидленген сүннет. Умра - иҳрам, Каабаны таўап қылыў, Сафа ҳәм Марўа аралығында саъй қылыўдан ибарат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum.xaj ziyaratina bariw haqqinda toligiraq maglumat berseniz.qay jerge xabarlasiw kerek.jane qanday shartleri bar.xaj ziyaratina bariw ushin erterek dizimnen otip qoyiw kerek bolama solardi toligiraq tusindirip berseniz.
Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының "Ҳаж ҳәм умра" бөлимине хабарлассаңыз Ҳаж ҳаққында толық мағлыўмат аласыз. Қала ҳәм район ҳәкимиятларында ҳаж ямаса умраға жазылыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma Alleykum xurmetli uztazlar.Menin' 2 sorawim bar edi:1- Men jaslig'imda 12 jaslarimda A'wle basqa ziyaratqa barg'an kezimde bir insannin' qa'birinen o'zim bilmegen xalda aqsha alip qoydim,endi sol gu'namdi qalay juwaman.2- Jas kezimde Qubla tarepke qaray Dalag'a shig'ip qoydim.Bul gu'nag'a jatama.Ol kezderi hesh narsenin tusinbytin edim
Ўа алайкум ассалам. Биреўдиң нәрсесин алып қойған жағдайда, сол нәрсени, егер жоқ болып кеткен жағдайда сол баҳадағы нәрсени ийесине берип, кеширим сораў ҳәм истиғфар айтыў керек. Бирақ, бизлерде айырым адамлар қәбирлерге пул таслап кетиўи, Қуран оқып билетуғын адам сол жерден өтип қалса, тиләўат етсин мәнисинде таслап кетеди, бул ис дурыс ис емес. Қуран тиләўат етип билмеў мусылман ушын уят.
Садақаны оған ылайық адамның алыўы да дурыс болмайды.
Сол муғдардағы пулды садақа қылып жиберген абзал жол.
Ҳәжетке шығыў да ата-ана перзентине үйретиўи керек болған ис. Қублаға қарап ҳәжет етиў тәрки сүннет ҳәм әдепсизлик болады. Билип-билмей қылынған гүналар ушын мусылман адам истиғфар айтып жүриўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu Aleykum Wa Rahmatulohu Wa Barakatuhu! Ustaz Agalarimiz qalaysizlar?! Sorawim bar edi. Hanifi mashabi men Salafi mashabiniñ ne ayirmashiliği bar?! Aldin Ala rahmet
Ўа алайкум ассалам. Ҳанафий мәзҳабы неше әсирлерден берли киятырған, дерлик ҳәмме мәселелерде шәрият тәрептен жуўап берилген, ата-бабаларымыз услаған жол. Салафийлер геосиясый мәселелер бойынша айырым батыс мәмлекетлер тәрепинен жақын әсирлерде пайда қылынған жол.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ! менин сорауым томендегише, адам ойга шөмип бир нәрсеге катты ойланып ( катты кыйнап) журсе одан калай кутылсак болады.
Ўа алайкум ассалам. Қуран оқың, дуўаларды үйрениң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы