Assalawma aleykum wa rahmatullahi wa barokatuhu.
Men mina sorawlarģa juwap taba almay júrmen, járdem berseńiz jaqsi bolar edi.
1. Qiz bala yáki hayal adam bolajaq erinen alatuģin maxr(mehir) tuwrali. Esitiwimizshe mahrdiń eń tómeni 10 tillaliq, shegi sheklenbegen, eger ortada arazli jaģday bolip qalģanda kúyewi mahrģa alip bergen nársesin alip qoya almaydi deydi.
2. Kelin-kúyew toyda barmaģina altin júzik tagadi, er adam altin taģiwga bolmaydi, joli kesiledi gúmis júzik taģiw kerek toyda da deydi, al toy ushin heshkim gúmis ogruchalniy taqtirģisi kelmeydi. Usilar tuwrali túsinigimizdi ele de bayitsańiz, qáte bolsa tuwirlawģa járdem berseńiz, ótinish.
Ўа алайкум ассалам.
1. Мәҳр бул сиз ойлағаныңыздай меҳир дегени емес. Маҳр бул - келинге оны некелеп алған ер адам тәрепинен берилетуғын саўғасы. Әдетте алтын тағыншақ алып бериледи. Кейиншелик ерли-зайып арасында келиспеўшилик шыққанда ер адам оны алып қойыўға ҳақысы жоқ.
2. Тойда келин күйеў бир бирине алтын жүзик тағыўы мусылманшылық ислеринен емес. Бул басқа диндегилерге еликлеў, мусылман адам бундай ис қылмайды. Ер адам алтын жүзик тағыўы ҳарам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазларменин сорауим томендегише.кун баткан сон тырнак алу дурыс емес делинеди бул хаккында динимзде не делинген жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Динимизде адамлар арасында масқарапазлық етиу мәкириу делинген. Және динимиз көп күлиуди шеклейди. Актёрлық та масқарапазлыққа жатама? Актёрман, кәсибимизге байланыслы көп кулемиз хәм кулдиремиз. Қандай мәсләхәт бересиз?
Ўа алайкум ассалам. Өтирик нәрселерди айтып биреўлерди өсек қылып, мазақлап, биреўдиң ар намысына тийип күлдириў жайыз емес. Болып өткен ўақыяларды, егер гүна ис болмаса, оларды еслеп күлдириўде караҳият жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Кызымнын шашы узын намаз окыганда орилген шашы орамалдан шыгып турса боладыма.
Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлардың шашы әўрет есапланады. Намазда әўрет жерлер жаўылыўы шәрт.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас'саламу алейкум откенде жумага ертелеу барып едым алдынгы катарга отырып едым быр кысы бул жер занят деп айтды субханалла кафе емесго занятлйтын ол кым ерте келсе отырадыго соны айтсаныз Инша'Алла жума куны Жәзәкә-Ллаһу хайран!
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте мешит бул Аллаҳ тааланың үйи, бәрше мөмин-мусылманлардың теңдей ҳақы бар орын. Ким ертерек барса, сол адам отырыўға ҳақысы болады. Ҳеш ким мениң орным деп бәнтлеп қоя алмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум. Күнделикли турмысымызда ағайын-тууысқан, досларымыздың қууанышлы күнлеринде бирге бөлисиуге шерик боламыз, дастурханға барын қояды соның ишинде арақта болады. Сизге сорауым: 1. Сол спиртли ишимлик ишип отырған адамлар менен достымыздың кеули ушын отырғанымыз дурыспа яки қутлықлап кеткенимиз мақулма?. 2. Жасы үлкенлерге (хүрметлеп) хызмет етиуге туура келип қалады, кийсаларына арақ қуямыз бул бизиң ушын гүна есапланама?. Толық хәм анық жууаплар берсеңиз илтимас, рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Жоқарыда жуўап берилген еди. Силтемеси: https://t.me/paziyletuz/9619
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум хурметли устазлар. Менин сорауым мусылманларга жылкы гошинен жеуге болама? Мусылманларга кайсы хайуанлардын гошин жеу рухсат етилген. Жууап ушын алдиннан рахмет Алла разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Китапларда ат гөши мәкруҳи тәнзиҳий делинген. Айырым уламалардың айтыўынша, аттың гөши толық ҳадал. Бурынлары ат урыс ушын жүдә керекли болған, атқа жүдә үлкен мүтәжлик болған, сонлықтан ат гөшин жеў мәкруҳ, делинген, дейди. Имам Әбиў Ҳанифның бас шәкиртлери имам Әбиў Юсуф ҳәм Имам Муҳаммад раҳимаҳумаллоҳ ҳеш бир мәкруҳсыз ҳадал, дейди.
Гөши желинетуғын ҳайўанлар: 1. Жирафа. 2. Кенгуру. 3. Қоян; 4. Қолда бағылатуғын қой-ешки, мал-түйе ҳәм булардың жабайысы да; 5. Ат (айырым уламалар мәкруҳи тәнзиҳий деген). 6. Кийик; 7. Зебра.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум,менин сорауым томендегише,жасы улкен адамлардан уйклаганда басты батыс тарепке карап жатыуга болмайды деп еситкенмен бул дурыс па? Аныкрак маглыумат берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Аяқты Кааба тәрепке қаратып жатыўға, Қураны кәрийм турған тәрепке қаратып жатыўға болмайды. Кааба қубла тәрепте. Диний тәрептен бизлерге қубла болған тәреп Қарақалпақстанда географиялық қубла менен батыстың арасында.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум .Сораум усидан ибарат:тахаратта шашка,мойнга,кулакка неше марте масх тартилади ?бир жерлерди бир марте делинген бир дерлерде уш марте ,мен усы уахитка шекем уш марте масх тартип журведим
Ўа алайкум ассалам. Бир мәрте масҳ тартылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Узтазлар.Аллах таала илиминизди зияда кылсын.Менин кызым гимнастика спорт турине катнайды,бул спортта кызларымыздын спорт кийиминде денесинин коп жерлери ашык болады,Бул маселе бойынша шариятымыз коз карасында не делинген.Кызларымыз бул спорт тури менен шугылланганы дурыспа яки надурыспа?
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықта еркек те, ҳаял-қызлар да әўрет жерлерин жаўып жүриўге буйырылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
Menin jasim 23de jaqsi koretugin qizim 28jas turmisda bolgan kuyewi qaytis bolgan. Hazir men og'an uylenejaq bolip jurmen ata anam qarsi ol hayel meni iymang'a keltirgen namazdi uyretken hadal hayel dinimiz ulken hayeldi aliwdi qaralamagan solay emesba. Ata anama qanday shara qollansam boladi?
Ўа алайкум ассалам. Ата-анаға шара көриў перзенттиң иси емес. Перзентлер мудамы ата-аналарына мүләйим мәмиледе болыўы керек, ҳәттеки ата-анасы мусылман болмаса да.
Мусылманшылықта жасы үлкен ҳаялға үйлениў жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас'саламу алейкум пайгамбарымыз с.а.с суннеты бойынша зекет Калай беремыз тагы неше болегын беремыз 10/1 болама?
Ўа алайкум ассалам. Мал-мүликте, пул, алтында қырықтан бирин, яный 2,5% бериледи. Егинде ләлми жер ушын оннан бири, суўғарылатуғын жер ушын жигирмадан бири бериледи. Майда жанлықта қырық дана болғанда биреўи 121 де екеўи. Қара малда отыз болғанда бир жаслы бузаў, қырық болғанда үлкен малдан биреўи. Толығырақ мағлыўматты фиқҳ китапларынан аласыз. Ҳәдис ҳәм Турмыс дүркининиң сегизинши китабы усыған арналған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалауму алейкум рахматуллоху уа баракату хурметли устаз интернетте жер астынан илимпазлар кандайда бир жаман кышкырган адамлардын шуласып атырган дауысларын мекрафонга жазып алганын айтып атыр илимпазлар дозак хауазлары деп болжап атыр усындай уахиялар дурыс болыуы мумкинбе жуап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бундай болар-болмас гәп-сөзлерге итибар бериўдиң орнына дин-диянатты үйрениң. Қуран оқыўды үйрениң, ислам тарийхын үйрениң, перзентлериңизге үйретиң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Hayal adam kiyewinin talaplarin orinlamasa guna esaplanadima. Maselen. Tosekte zayibinin talabin orinlamasa. Usi haqqinda toliq magliwmat bere alasizba?
Ўа алайкум ассалам. Ҳаяллар ҳеш бир себепсиз күйеўиниң талабын орынламаўға ҳақысы жоқ. Ҳәдиси шәрийфте: "Қайсы бир ҳаял күйеўине терис қарап жатса, азанға шекем периштелер ол ҳаялға нәлет оқыйды", делинген.
Бирақ ҳайыз яки нифаста болса, ямаса ҳаял кеселленип жүрген болса, бундай аўҳалларда ер адам ҳаялының жағдайына қараўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz. Sorawim janaza namazlarinda dawis shigariw degen bar qaraqalpaq dasturine aylangan sol durispa? dawis shigariw dinimizde joq ekenin bilemen sogan tusinik berip ketseniz juwap ushun aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жаназаларда даўыс шығарып ўай-ўайлап жылаў дурыс емес. Бул ҳаққында бир неше ҳәдис шәрийфлер бар. Төменде солардан айырымларын келтиремиз.
Даўыслап жылаўдың ҳарам екени
Даўыслап жылаўдың қайтарылған ис екенине сарийҳ ҳәдислер келгени ҳеш кимге сыр емес.
Муғыйра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Кимге айтып жыланса, өзи айтып жыланыў менен азапланады», деди».
Еки шайх ҳәм Термизий рәўият еткен.
Ҳәдистен билинип турыпты, өлген адамның артынан айтып жылаў өлиге пайда бермейди, ал оның азапланыўына себеп болады екен.
Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Умар разыяллаҳу анҳу мүсийбетке ушырағанда Суҳайб:
«Ўай бирадарым!» деп жылай баслады. Сонда Умар:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның, әлбетте, мәйит тириниң жылаўы менен азапланады, дегенин билмейсең бе?» деди».
Басқа бир рәўиятта:
«Әлбетте, мәйит оған өз әҳлиниң айырым жылаўлары менен азапланады», деген.
Бесеўи рәўият еткен.
Жоқарыдағы ҳәдислерден даўыслап, ўай пәленшим деп жылаўдың ҳарам екенин билемиз, себеби бунда өлген адам ушын азарланыў бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Егер хаялдын ери кайтыс болып 2 перзенти менен баска бир кисиге турмыска шыкса хам онын 4 перзентин уйинен шыгарып жиберсе,ондай кисини сыйлауга бола ма?Жане сол перзентлер озлери онип-осип уйли жайлы болса,оларды коре алмаса хам озинин 2 кызын салыстырып дуньясын жарыстырса,Ол хаялдын кызларына хаммеелеге шекем кауендер .Ол хаял ози 4 ярым жетимди ,толык жетим кылып атырган жок па? Мен хеш озиме буны сигдире алмайман хам хурмет етким келмейди. Менин исим дурыс емес пе?
Ассаламу алайкум. Мөмин мусылман адам турмыста қандай қыйыншылыққа түсип қалса да, шүкир қылатуғындай неъматтың ишинде жасап атырғанын аңлаўы керек. Себеби мөмин-мусылман болыўдың өзи үлкен бахыт. Адам өмирде ерисиўи мүмкин болған ҳәмме нәрсеге ериссе, ҳәттеки дүньяның ең алды бай адамы болса ямаса қолында дүньяны басқаратуғын бийлик болса, бирақ ийманнан узақ болса, әне сол ҳақыйқый бахытсызлық.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сизлерге Алла разы болсын, викторина сауалларын откерип жаксы кылдыныз, расы бираз китапларды актарып тасладык, барша мумин мусылманларга киамет куни Алла тагала Пайгамбарымыздын шапагатын несип етсин Иншааллах. Жанеде усындай сорау жуаб откерип турсаныз окыганларымыз есимизге тусип турармеди деген едим. Жумыстан келип шаршаганымызда шыгып кетер екен расы.
Ўа алайкум ассалам. Жақсы пикирлериңиз ҳәм тилеклериңиз ушын рахмет. Иншааллаҳ, және өткериў нийетлеримиз бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум . Сорау:
1.Намаз уактында отырып аттахият хам 2 салауат айтып атырып корсеткиш бармагын жокарыга котереди , бул бизин масхабта барма , бар болса не себептен тусиндирип берин илтимас ? (Бул жагдайды мешитте жамаат намазларда бакладым)
2.намаз уакти таусылууна 3-4 мин. калган болса тек такбир тусирип ниет етип кулак кагып улгерсен болды деп еситип едим бул каншели дурыс?
Ўа алайкум ассалам. Бул сораўларға алдын бир неше мәртелеп жуўап жазғанбыз. Аодын излеў хызметинен пайдаланып излеп көриң! Жуўабы мына силтемеде бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум у́а рахмату́ллохи у́а баракату́ху́!
Дуруду Муаззам, Ганжул Арш, Дуруду Тож, Мухри Нуббуват, Лавху Бузрук булар Зикирге кирема яки Сурема усылар хаккында илтимас сизлерден толыкрак маглумат бере аласпа усы китаблары бар болса кай жерден алсак болады
Аллах сизден еки дуньянысдан разы болсын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Булардың орнына Ҳәдис ҳәм турмыс китабының 35-томын алың, соның ишинде көп дуўалар берилген. Имам Наўаўийдиң Ал Азкар китабында да жүдә көп дуўалар бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум уа рахматулллхи уа баракатуху!
1)Сорау:
Кайсы Сахабадан периштелер Хаё килган деп сорау берилген жууабы Усман разиалланху екен не ушын периштелер Усманнан разиллоанхудан Хайо кылган усы хакында маглумат береаласпа рахмет
Аллах еки дуньянысда сизден разы болсын!
2) Сорау: Мешитке кирып хаял-кызлар песын яки намазлыгер Намазды барып окыуга болама? Менын озым Мешитке кирып бир марте болсада Намаз окыгым келып атыр бирак кирып окысак болама болмайма жума куны яки баска кунлеры барып Намаз окысак болама Хаял кызлар ушын?
3) Таххажуд Намаз неше ракаттан ибарат хам Еркек Адам Хаял Адамлардык окылуында парык барма
Таххажудда Еркек Адамлар Азан, Такбир айтама
Ниеты кайтып айтылады
Напл Намаз менен Таххажуд Намаз хакында толыкрак маглумат береаласпа?
Ўа алайкум ассалам.
1. Усман разыяллаҳу анҳу жүдә тәрбиялы, минези жүдә жақсы, ҳәммеге меҳрибан болған, уяты жүдә күшли болған. Әдетте инсан сәл жақын адамлары болса биймәлелирек отырады, уялмай арқайын аўызына келген гәпти айта береди, Усман разыяллаҳу анҳуда бул нәрсе болмаған.
Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам отырған еди. Ол кисиниң дизеси көринип тур еди. Сол ўақытта Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу қапыны қағып ишке кириўге руқсат сорады, руқсат берилди. Кейин Умар разыяллаҳу анҳу да келип ишке кириўге руқсат сорады, оған да руқсат берилди. Кейин Усман разыяллаҳу анҳу келип ишке кириўге руқсат сорады, сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үсти басын туўрылап, дизелерин жаўып алды, кейин ишке кириўге руқсат берди. Олар кеткеннен кейин Нәбий алайҳиссаламнан не ушын Усман разыяллаҳ анҳу келгенде бундай қылғаны соралды, сонла Нәбий алайҳиссалам: “Аллаҳтың периштелери де уялатуғын адамнан уялмайын ба?”, деди”. Имам Бухарый рәўияты.
2. Еле бизлерде бундай шараятлар жаратылмаған. Ташкент ҳәм басқа қалаларда үлкен мешитлердиң жанында ҳаял қызлар ушын арнаўлы бөлме ажыратылған.
3. Парыз, ўәжиб, сүннет намазлардан басқа ҳәмме намазлар нәпил яғный қосымша намаз болады. Түнде оқылатуғын нәпил намаз таҳажжуд, делинеди. Нәпил намазлар ушын ер адамлар да, ҳаял-қызлар да азан-тәкбир айтпайды. Кеми еки рәкат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы