Assalam alaykum. Bizler bir adamnan qarz alip sawda baslab edik, biraq oylaganimizday bolmay qaldi endi qarzdar bop qaldim, sol adamga qarzdin yarimin tolep boldim biraq azgantay qalganda tinsh qoymay atr, imkaniyat darejesinde qutiliw jolin izleb jurmen, lapz bergen waqtinda qaytaralmay atrman lapzden otken kunnen baslab guna jazilama?
2. Qarzdi uziwde sharayat jaginan qanday islerdi qiliwim kerek?
3. Iltimas halal berekeli kasb soraw haqqinda duwalar bolsa jazib bere alasizba.
Raxmet, bereket tabin islerinizge rawaj!!!
Ўа алайкум ассалам. Қарызыңызды шырайлы тәризде орынлаң.
Ҳәзирде көпшилик қарыз алды-бердисин туўры түсинбейди яки түсинсе де туўры әмел етпейди, қарызды қайтарыўдағы өлшемлер әдалатлы емес. Шәриятымыз, “Мойнында қарызы бар адам үлкен үйде жасаса, пулым жоқ деп айтыўға ҳаққы жоқ. Үлкен үйин кишкенесине алмастырып болса да, қарызын орынлаўы ўәжиб” дейди. Айырым адамларды көремиз, қаншелли қарызы болса да, үлкен ресторанларда, еки үш күнлеп тойлар берип атыр, қымбат машиналар минип жүр. Мойнында қарызы бола турып, бундай қылыўы ҳарам болады. Мойнында қарызы бола турып, тағы иҳсан-садақа бериўине не дейсиз?!
Қарыз бериўши де, қарыз алған адамның аўҳалына қарап турыўы қаншелли саўаплы ис екенин умытпаўы керек. Қарыз бердим, енди оннан үстеммен, не айтсам соны қылыўы керек, оған қандай сөз айтсам да бола береди, деп ойламаўы керек. Өткен уламалар өзлери қарыз берип, қарыз алған адам меннен уялмасын деп оның көзине көринбей жүриўге ҳәрекет еткен екен.
Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деди:
«Алло'ҳуммакфини' биҳалә'ликә ъан ҳаро'мик, вә әғнини' бифадликә ъаммәң сиўә'к» дуўасын оқып жүрсең, қарызың таўдың бир тәрепиндей болса да, қутыласаң», деди.
Мәниси: Я Рәббим, ҳарам (араластырмай) ҳадалыңды маған жетерли ет. Кеңшилигиң менен Өзиңнен басқаларға мүтәж етпе.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум уа рахматуллахиуа баракатух. Сорау:
1.намазда отырып аттахияттан кейн Салават айтып атырып корсеткиш бармагын жокарыга котереди бул бизлердин масхабта барма ? Бул хаккында анык маглумат барма?
2. Намаздын тамам болуыи 3-4 минут калса , каза болмауы ушын тек парызын окуга болама.
Ўа алайкум ассалам.
1. Бул әмел «Саббаба», деп аталады. Әттаҳиятты оқығанда «Ләә иләәҳә иллаллоҳ», деген кәлималарды айтып атырғанда көтерип турылады. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзирет бул бойынша: «Кимниң устазы, яғный баста намаз оқыўды үйренип атырғанда бул әмелди үйреткен болса қылсын, үйретпеген болмаса қылмасын, арада келиспеўшилик шықпасын», деп айтқан.
2. Биринши нәўбетте намазды өз ўақтында оқыўға ҳәрекет етиң. Егер намаз қаза болыўына аз қалған болса, тек парызын оқыўға үлгеретуғындай ўақыт болса, онда парыз намаз оқылады. Нәтийжеде сүннет намаз ушын берилетуғын саўаплардан, ақыреттеги әжирлеринен айырылады, соның ушын намазды ўақтында оқыў керек. Намаз оқымаўға ҳеш нәрсе сылтаў бола алмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорауым. Шукир намазынын окылыу тартибин жазып жиберсениз. АЛЛА билиминизди зыяда кылсын.
Ўа алайкум ассалам. Шүкир намазы бул еки рәкатлы нәпил намаз. Яғный нәпил намаз оқып, кейин ҳамд сана ҳәм салаўвт айтып, Аллаҳ берген неъматына шүкир айтады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауым томендегише мен кобинесе жолда оз машинамда журемен мойнактан коныратка карай.жолда жан темир ийшан кабристаны бар сол жердеги кайыр иксан кутысы бар сол жерде базыда токтап кутыга акша салып кетемен гейде токтамай билген аятымды окып жолымды дауам еттире беремен.менин сизлерден сорайын дегеним токтап кетиу шарпе я шарт емеспе соны билмекшимен .жыуап ушын алдыннан рахмет.кенирек кылып тусиник берсениз
Ўа алайкум ассалам. Көликте кетип баратырып, тоқтамастан қолды қаўсырмастан әдеттеги дуўаларды қылсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Егер турмыс курмастан алдын тан намазын окып, ораза тутып журип, турмыс курган сон зайыбы рухсат бермегенлиги себеп, токтатып койыу гуна болама.
Ассаламу алайкум. Парыз әмеллер туўрыдан-туўры ҳәр бир инсанға парыз болады, буның ушын ҳеш кимниң руқсаты соралмайды. Нәпил намаз ҳәм оразалар ушын руқсат сораў шәрт.
Гүна болыўы намазды тоқтатыўына байланыслы емес, ал намаз оқымаўына байланыслы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.Men jaqinda tan' namazin oqip basladim.Hazir emlewxanada emlenip atirganima baylanisli namaz oqiwdin' tartip-qagiydalarin toliq ham aniq isley almayatirman.Yagniy taxarattin farz ham sunnetlerin toliq isley almayatirman.Tek tunde taxarat alip,azanda orimnan tura sala saat 6 larda tan' namazin oqiyman.Bul islegenim namazdi buzganga tuwri kelema?Jane oqiliwi qiyin bolgan duwa ham surelerdi yadlamastan qagazga ya telefonga qarap aytsaq bolama?Juwaplar ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала шифаи кәмил берсин. Емлеўханаларда шараятлар жақсы, таҳарат алып намаз оқыса болады. Таҳарат алыў қыйын болса, тек парызларын қылып қойса болады. Таҳараттың парызлары: жүзди жуўыў, қолды шығанағы менен жуўыў, басқа масҳ тартыў, аяқты тобығы менен жуўыў. Намазларды ўақтында оқыў керек, ҳәзирде саат алтыда таң намаздың ўақты кирмейди. Дуўалардың мәнисин айтсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз.менин сизге сорауым бар еди.Биз омирлик жолдасым менен Шарий некеден откенбиз.омирлик жолдасым маган сыйлык ретинде алтын жузик алып берип еди .Бирак бул сыйлыкты тарыгып сатып койдык ягный жай салганда акша жетпей.енди тагы орнына апериу керекпе я шарт емеспе .жууап ушын Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала бахыт-саадатлы қылсын. Мәҳрге берилген саўға келинниң жеке мүлки есапланады. Оны сатып үйге ислетиў де өзиниң разылығы менен болады. Келин өз разылығы менен берген болса, ер адам қайтадан алып бериўи шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум мен жакында уйлендим некеден отиуим ушын кай жерге хам кимге барсам некеден отемиз омирлик жолдасымыз бенен. Некеден отиу толемлима?
Ўа алайкум ассалам. Өзиңиз жасайтуғын жердеги мешитлерге хабарласың. Сол жерде имам ямаса имам наиблары некеңизди оқыйды. Шәръий некеден өткениңизден кейин некеден өткенлигиңиз ҳаққында қағаз береди, сол қағаз пуллы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағалейкүм, сорауым бар еди, мен сапарда журмен ягный шет елде жумыс ислеп журмен, уйленгенмен бала шага ауылда. Шахуатым оянып жур сонгы кунлери, зина ислеп кояман ба деп коркып журмен... не ислеуим керек шахуатты кандырыу ушын? Шарият туралы илими бар адамнан ягный сизден сораганды жон кордим, наклы бир жуап айтсаныз...
Ўа алайкум ассалам. Ер адам ҳәр қандай керекли жумысы болса да, төрт айдан көп мүддетке ҳаялынан узақта жүриўи дурыс емес.
Сизде зина қылып қойыў қәўпи болса, үйиңизге қайтың. Шәрият ҳадал етип белгилеген жолдан аўмаң.
Айырымлар усы сораўды берип екинши ҳаялға үйленбекши екенин айтады, негизинде сол еркек биринши ҳаялын баға алмағанлықтан сол тәрепте жүргенин умытып қойған болады. Биринши нәўбетте зина қылыўда Аллаҳтан қорқыў керек. Аллаҳ ҳәмме нәрсени көрип-билип турыўшы.
Айырымлар биймәлел зина қылып жүрипти ғо, ҳеш нәрсе болып атырғаны жоқ, деген ойлардан узақ болың. Олардың зина қылып жүргениниң өзи Аллаҳтың жазасы емес пе?!
Сиз зинадан қорқып усы сораўды берген екенсиз, енди қалған жағында да беккем болың. Ертең бир күн келип Роббул ъаламийнниң алдына барып, ҳәмме исимиз ушын жуўап бериўимизди умытпайық.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, еки сорауым бар еди 1ши тан намаз окыйман бирак жумысыма байланыслы хар базар куни ерте турып жол журиуиме байланыслы таннан бурын шыгып кетип куяш шыкканнан сон келемен сол себепли тан намазым калып кетежак енди каза болып калама казасын кай уакытта окыйман ямаса кандай баска илажы бар, 2ши, бир достымнын анасы хаж зияратына бармакшы болып ниет кылып отыр, бирак оган жасы улкен адамлар сенин омирлик жолдасын жок ертерек кайтыс болган бирак бар гезинде мусылманша никах окытылмаган сол себепли бара алмайсан Бир ер адамга никахланып кейин барасан деп айтыпты ол апа хазирги уакытта жасы улкен ер жеткен баллары бар, сорауымнын маниси сол дурыспа никахсыз барыу, хаял заты ерли ямаса ерсиз, ямаса улыума турмыс курмасада барыуга хакылы емеспа усы сорауыма кеннен тусиник жуап берсениз жуапларыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Илажын таўып намазды ўақтында оқың. Қайсы бир себепке көре оқый алмай қалсаңыз, ең жақын имкан болған ўақытта оқып алың.
2. Ҳаял-қызлар сапарға маҳрамы менен шығыўы керек. Ҳаж да сапар есапланады. Маҳрам дегенде әкеси, әжағасы, иниси, баласы, әмекиси дайысы, күйеўи түсиниледи. Сапарға усылардан бири менен шығыўы керек.
Бирақ ҳәзирде уламалар ҳаж сапарына шыққанда муштаҳат жасынан өткен ҳаял-қызлар маҳрамсыз ҳажға барса болыўын айтқан. Муштаҳат жасы бул - еркек адам қарағанда шаҳўаты келмейтуғын жасы үлкен аналарымыз. Сонлықтан ҳәзирде көпшилик усы ҳүкимнен пайдаланып ҳажға барып келмекте.
Күйеўи жоқ ҳаял барыўға болмайды деген гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum va rahmatullohu va barokatuh.
Savolim, Payg'ambarimiz Muhammad s.a.v ning hayoti haqida ko'proq ma'lumot olishni istayman. Kitop topolmayapman qanday qilip topsam bo'ladi. Oldindan rahmat.
Ўа алайкум ассалам. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳаққында жүдә көп китаплар бар. Ҳәдис ҳәм Турмыс китаплар дүркининиң де биреўи ол кисиге бағышланған. Әлийхан төрениң "Тарийхы Муҳаммадия" китабы бар. Аҳмад Лутфий Қазаншының "Саадат әсири", китабы бар. Муҳаммад Хузарийдиң "Нурул яқин" китабы бар. Маҳмуд Таразийдиң "Нурул басар", китабы бар. Жақын жылларда қарақалпақ тилинде шыққан Баҳрам дамланың "Пайғамбар алайҳиссаламның қысқаша өмир тарийхы", китабы бар, ҳтб.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум.
Тан намазин уйклаб калыб куйаш шыгыу уактына 15 20 минут калган кезинде окыб алса болама?
Ўа алайкум ассалам.
Қуяш шықпастан алдын оқып алсаңыз болды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум хүрметли устазлар ! Сорауым төмендегише.Ауылларда жылда жыйналып дарвишона деп аталатуғын садака таркатады.Бундай садака динде жок екенлигин билип калдык.Базы махсым.моллалар еледе дарвишана деп емес елдиң садакасы деп берсең болады дейди.илтимас усыған аныклык киргизсеңиз.жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Дәрўишана дегени алдыңғы дәўирлерде халық тәрепинен жыйнап берилетуғын садақа болған. Бирақ бул садақаның аты айтып турғанындай, тек дәрўишлерге, үйсиз, жайсыз, тамақсыз қалған әптада адамларға, сондай-ақ, бағыўшысын жойьтқан жетим-жесирлерге Аллаҳ жолында берилген. Ҳәзирде буның тек аты ғана қалған. Адамлардан пул жыйнап садақаға мүтәж болмаған адамлар жеўи дурыс емес. Себеби садақаның өз орны бар. Басқа орынға берилген садақа дурыс болмаўы менен бирге бундай қылыў да дурыс емес. Қәне еди адамлар ҳәзирде де дәрўишана ушын пул жыйнап мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары яки мешит ўәкиллери менен бирге орынлардағы ҳақыйқатта жәрдемге мүтәж адамлардың аўҳалынан хабар алса, оларға материаллық жәрдемлер берсе, нур үстине нур болған болар еди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. Ata babalarga quran oqiwdinda belgili waqitlari bolama yaki qalegen waqitta oqisaq bolama?
Ўа алайкум ассалам. Буның ушын мәлим бир күн белгиленбеген. Бизлерде әдетте тағамланып болып дастурханның басынан турмастан алдын Қуран тиләўат етилип, өткенлерге бағышланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleikum aziz ustazlar menin sorawim internette korip qalamiz jin chigariu jinmen soilesiu degen sozler qanchelli axixatka jakin Bul qancheli darejede xakikat juuab uchin aldinnan rahmet
Ўа алайкум ассалам. Шайх Муҳаммад Садық ҳәзиреттиң “Фолбинлик, сеҳргарлик, жин чиқариш ва ноанъанавий даволаш каби ишларнинг ҳақиқати” деген китабын оқың. Сонда бул бойынша бәрше сораўларыңызға жуўап таўасыз. Ўаллоҳу аълам!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум, таркибида спирти бор атир ишлатса бўладими? Ва шу кийим билан намоз ўқиса бўладими?
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум устазлар, 2 сорауым бар еди,
1.басқа масқты неше рет тартылады 1 ретпе.
2. өзин өзи өлтирген адамның жаназа намзына уйыумызба, қандай халларда жаназа намаз оқылмайды я уйыуға болмайды.
Жууабыңыз ушын рахмет, сизлерден алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. 1. Бир мәрте масҳ тартылады. 2. Динимизде өзин өзи өлтириў жүдә қатты қараланады. Бундайларға имамлар, имам наиблары саўатлы адамлар, абройлы адамлар имам болып жаназа оқып бермейди, адамлар арасындағы ебиндей жаназа оқып билетуғын адамға таслап кетиледи. Бул басқаларға сабақ болыўы ушын. Себеби мусылман адам ҳәр қандай ҳалда да өзин өзи өлтириўи мүмкин емес.
Атеистлерге, христиан динине өткенлерге, улыўма басқа ҳәр қандай динге өткен ямаса диннен шыққан адамларға, сондай-ақ, мусылманман деп турып қуяшқа сыйынатуғынлар, мусылманман деп турып атрология (жулдыз арқалы болжаўшылар) улыўма мусылманшылықта ҳарам қылынған ислерди ҳадал билип жүргенлерге ҳәм палкерлерге жаназа оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
Ziyaratta qoyimshiliqti aylaniw,oni Kaabag'a ten'egen menen bir degendi esittim.Soni tusindirip bersen'iz.Alla razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Қәбирстанларды зыярат етиўден тийкарғы мақсет - мен де бир күн келип усы жерге келемен, мен ҳәзир қандай жасап атырман, биреўдиң ҳақысын жеп қоймадым ба?, ҳадал-ҳарамға қаншелли итибар берип атырман?, ҳәм сол киби сораўларды өзине берип, жолдан шығып кеткен болса, өзин оңлап алыў ҳәм өткенлерине тиләўат етип олардың ҳақына дуўаи хайрларды қылыў.
Қәбирлерди айланыў ширк әмеллерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум устазлар уйден тири жылан шыкса не болады онын зияны жокпа
Ўа алайкум ассалам. Үйден жылан шықса үш мәрте оны үйден қуўыў керек, егер кетпесе, оны өлтириў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалом алейкум! Ўқилмай қолган бир неча йиллик намозларнинг қазосини ўқиш учун қандай ният қиламиз? 2-саволим мисол учун бугун пешин намозини вақтида ўқишнинг иложи бўлмай қолса ва аср намозидан кейин пешин намозининг 4 ракаат суннати 4 ракаат фарзи ва 2 ракаат суннатини ўқиймизми?
Ўа алайкум ассалам.
1. Қанша қаза намаз қалғанын есаплап шығыў керек. Кейин ең соңғы қаза қылған пәлен намазымның парызының қазасын, деп нийет етеди. Күнин ўақтын айтса да болады.
2. Песинниң қазасы оқылғанда сүннетлери оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы