Assalawma alaykum ustazlar sorawim bar edi tawipke kitap ashtirip jolimdi ashtirsam bolama patiyasin aliw kerek deydi aldin barip edim barmay qalsa bolmaydi deydi usi telegram kanalga agza bolganli oylanip qaldim juwap kutemen aldinnan raxmet usi haqqinda kenlew tusindirip jiberseniz iltimas
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳаққында да иншаАллаҳ қарақалпақ тилине аўдарылып атырған Шайх Муҳаммад Садық раҳматуллаҳи алайҳтиң Ҳәдис ҳәм Турмыс атлы дүркин китапларының биринде толық мағлыўмат келеди.
Алдыңғы дәўирлерде ҳәзирги шыпакерлердиң исин тәўиплер атқарғаны ҳеш кимге сыр емес. Тәўип сөзи арабша "Табиб" сөзиниң қарақалпақша бузылған формасы.
Тәўиплер Ибн Сина ҳәм басқа да белгили емлеў илимин жақсы меңгерген алымлардың китапларынан пайдаланған, соның менен бирге шәръий дем салыў жолларын үйренген. Бирақ кейинги әсирлерде шәръий илимлерди үйрениў ҳәм үйрениў жүдә пәс дәрежеге түсип кенкенлиги қатарында адамларды емлеў илими де жүдә пәс дәрежеге түсип кеткен. Буның ақыбетинде түрли бидъат-хурафатлар, шайтаний усыллар менен емлеў де тәўипшиликке кирип қалды. Ал европа адам емлеў илимин мусылманлардан алып раўажландырды. Буннан кейинги жақын әсирде руслар менен бирге раўажланған медицина илими бизлерге кирип келди. Усы дәўирге келип адамларда сораў пайда бола баслады: руслар менен келген медицинада емленген мақул ма, ямаса ески тәўипшиликте емленген мақул ма?
Заанагөй медицина илимге тийкарланған, ал тәўипшилик динге тийкарланған, деген түсиник бар адамларда. Бул қәте түсиник. Ислам бул илим дини. Қуранда биринши түсирилген аят илимге шақырыў ҳаққында болған. Бир-еки адам динниң атын сатып жумыс ислесе, не ушын дин айыпкер болыўы керек. Мысалы, математика илиминиң тийкарында мусылман адамлар салғаны ҳеш кимге сыр емес. Математикадағы онлық система, яғный ҳәр бир он саннан кейин бирдиң келиўин мусылманлар илимге киргизген. Европада он екилик санақ сан болған. Енди бир математик өз илимин қәте билсе, буған да мусылманлар айыпкер болмайды. Бул логикалық тәрептен туўры емес. Медицина илиминде де сондай. Бир адам динниң атын сатып биреўди алдаса, не ушын мусылманшылық яки ислам дини айыпкер болыўы керек?!
Бунда ең тийкарғы айыпкер - өзимиз. Өзимиз илим үйренбеймиз, адамлар не десе, соған исенип кете беремиз. Өзимиз дин илимлерин үйренбеймиз, медицина илимлерин үйренбеймиз, дем салыўдың шәръий жолларын үйренбеймиз, биреў мынаў динде бар, десе соған алданамыз. Ата-бабаларымызды саўатсызлыққа шығарамыз, ал негизинде өзлеримизде саўаттың с ҳәриби де жоқ екенин аңламаймыз.
Буларды билгенлер маған не, басымды аўыртып, десе. Билмегенлер динди усындай өтирик нәрсе екен, деп билсе. Енди бундағы айыпкер ким екенин ҳәмме өзинен излеўи керек.
Ҳәзирге келип тәўипшилик арқаға кетип, ең ақырында тек ғана адамларды алдаў ушын ғана ислетилетуғын болып қалған. Ҳәттеки айырым адам инсанға зыян болатуғын жин-шайтанлар менен шуғылланатуғыны да ҳеш кимге сыр емес. Ҳәр түрли қызыл қағазларды шығарып, сатып жүргенлер, ҳәр айда пәлен сумнан әкелип берип турасаң, дейтуғынлар солардың бири. Ең ашынарлысы исламды, ийманды билетуғын намаз оқыйтуғын ақ пенен қараны ажырататуғын адамлар да тәўиплерге барып туратуғынын айтып қалады, буларға енди не деў керек, билмедим?!
Усы орында және бир әҳмийетли гәпти де айтып өтиў орынлы. Бизлерде дем алғанды да, шөп пенен емлегенди де, сүйек, қан ҳәм соған уқсас нәрселкр менен емлегенди де, пал ашқанды да, шыққанды салатуғынды да тәўип деп аталып кеткен. Бул натуўры.
Ҳақыйқатта Қуран аятларын туўры оқыўды билген, мәнисин түсинген, тақўалы адамларға дем салдырған, үлкен бир исти басламастан алдын дуўасын алған жақсы ис.
Таўық таўып кел, асық таўып кел, дейтуғынлар, әўлеге бар дейтуғынлар, пәлен жерди, теректи, қәбирди айлан, дейтуғынлар, бөриниң тырнағы, әўрет ағзасы, тисин беретуғынлар, үйиңе қошқардың шақын илдирип қой дейтуғынлар, қызыл қағаз беретуғынлар, арақ ишип жүрип дем салатуғынлар ҳәм усы ислери менен емлемекши болғанлар ҳәм усыларға уқсайтуғынлар исламнан емес. Бундайлардың алдына барыў түгин, барсам ба екен деп ойлаўдың өзи гүна болады. Алдына қатнап жүриў адамды мусылманшылықтан шығарыўы мүмкин, жүдә абайлы болатуғын ис.
Сынғанды қанда да бир дәрилер сүртип емлейтуғынлар, шыққан қолын яки аяғын салатуғынлар, егер булардың иси медицинаға туўры келсе, болады.
Палкерлер, биреўдиң "тәғдир"ин айтып беретуғынлар, ата-бабаңның руўхы менен сөйлестиремен дейтуғынлар мусылманлардан емес. Буларға барған адам ийманын жаңалап алыў керек.
Айырымлар "Халықта бир гәп бар, палға исенбе, палсыз да жүрме", деп қояды. Бул гәпти өзлерине уқсаған саўатсыз адамлар ойлап тапқаны күндей айдын. Ислам бул басқа динлердей биреўине исенип, екиншисине исенбесең де болатуғын дин емес. Палкерге барыў, исениў қадаған етилгенлиги мусылманшылық китапларында анық-айдын жазып қойылыпты. Мусылман адам палкерге барыў ҳарам екенин толық мойынлаўы зәрүр.
Жолымды аштырсам бола ма?, деген екенсиз. Қуран аятлары оқылған жерге берекет келиўи бар гәп. Үйимизде де намазларымызға азан айтып турсақ, Қуран аятларынан өзимизге ҳәр күни оқыўды реже етип алсақ, араб саўаты жоқ адамлар қарақалпақшасын ақ, оқыўды өз алдына реже етип алса, буның мәнилерин шағып, турмысымызға ендирсек, иншааллаҳ жолымыз да ашылады, үйимизге де берекет киреди, үйимизден жин шайтанлар да қашады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum aziz ustazlar sizlerge sorawim TALAQ degen sozdi estetin edim mansin tusindrip bersenz nege aytiladi 2soraw zagc te barmz nekeden otpegenbiz ozimzdin rayonnan otemzba yaki nukustnba ? Juwap ushin aldinan raxmet Alla Yar bolsin!
«Талақ» сөзликтеги мәниси «бир нәрсениң баўын шешиў, байланған нәрсени босатыў, үзиў» дегени. Шарият термининде болса неке байланысын шешип жибериў, дегени. Турмыстағы келиспеўшиликтиң ҳеш даўасы таўылмаса, Аллаҳ соңғы шара сыпатында талақты еңгизген. Себепсиз талақ қылыў ҳарам саналады. Талақ Аллаҳ таала алдында мубаҳ болған ислердиң ең жаманы. Талақтың жаманлығынан Аллаҳтың Аршы титрейди, деген.
Талақ түрлери
Ҳасан талақ. Ерли-зайып ажырасыўдан басқа шарасы қалмаса араны биратала үзип тасламаўы керек. Буның ушын кеўи сүннетке муўапық талақ қылыўы керек. Сүннетке муўапық талақ ҳасан ҳәм аҳсан түрлерге бөлинеди. Адам өзи менен жынысый жақынлықта болған ҳаялына үш талақты бөлип: ҳәр ҳайыздан таза болғанда қосылмастан бир ражъий ьалақ бериўи ҳасагн талақ саналады. Бунда ер-зыйыплықты даўам еттириў имкәни үшин талақты бергенге шекем сақланып қалады. Ҳанафий уламалы ҳасан талақ тәрийпине Расулуллаҳ саллаллаҳу алйҳўи ўа салламның Абддуллаҳ ибн Умарға: «Ҳаялының жағдайын күтип ҳәр пәклик ўақтында бириўден талақ қылыўың сүннеттен есапланады», деген ҳәдислерди дәлил қылған.
Аҳсан талақ. Адам ҳаялын ҳайыздан таза болған соң жынысый жақынлық қылмай бир ражъий талақ қылып, иддасы таўсылғанша темеўлиги «аҳсан талақ» делинеди. Саҳабалар бул талақты жақсы деп есаплаған, себеби пушайман ҳәм өкиниўден узақ саналады.
Бидъий талақ. Ҳаялы ҳайыздан таза болған соң қосылып, оны бир ражъий талақ қылыў ҳәм ҳайыздан таза болған соң қосылмай бирден ашық талақ қылыў «бидъий талақ» есапланады. Бидъий талақ негизи талақ есапланса-да талақ қылыўшы гүнәкар болады.
Ражъий талақ. Талақ яки оған ашық далалат қылыўшы ләпизлер менен ҳаялын бир яки еки талақ қойыў «ражъий талақ» болады. Бул талақта идда даўамында қайтадан неке қылыў ҳәм маҳр таярлаў иҳтияжы жоқ. Ражъий талақ қылған адам ҳаялы менен идда ишинде неке қылмай, идда өткен соң некени жаңалап, қайтадан жасаўды даўам еттириўи мүмкин.
Боин талақ. Талақ ләпизи менен талақ қылынғанда боин талақ (үш талақ) ты ниет қылыў ҳәм талақтан киная болған базы ләпизлер менен талақ қылынғанда «боин талақ» болады. Боин талақ еки түрли болады: 1. Байнунати суғро (киши ажырасы) – талақ (ажыралыў) бир яки еки мәрте болса, бунда ҳаял разылығы ҳәм еки гүўа менен некени жаңалаў мүмкин. 2. Байнунати кубро (үлкен ажырасыў) – берилген талақ үш яки үшинши болса, бундай боин талақтың ҳүкимине көре, ҳаял еркекке ҳарам болады, биргеликтеги турмысы тоқтайды.
Аллаҳ таала ҳәммемизди бул сөзди ислетиўден сақласын. Шаңарақларымыз шайқалмасын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Ustaz.
Ishiwshilikti qoydiratin dualar barma? Bar bolsa jazip jiberseniz. Juwap ushin aldinnan raxmet. Alla razi bolsin
Ўа алайкум ассалам. Бул сораў жүдә көпшиликти ойландырады. Биреў бир жаман иске әдетленип қалса, оннан қутылыўы жүдә қыйын. Ең туўры жол - жаман жоллардан аўлақ болыў керек. Енди оған кирип қалды, енди не ислеў керек, ол мәскүнем деп таслап қойыў да дурыс емес ғой?! Әлбетте. Ишиўшиликке берилген адам кесел адамға уқсайды, ол басқалардың жәрдемине, руўхый қоллап-қуўатлаўына мүтәж. Ол адамды, сен арақхорсаң, бизлерден узақ жүр, деп айырып таслаў, оны қылып жүрген исинен де беттер аўҳалға салыўы мүмкин.
Кеселликти бир-еки күнде емлеп болмағанындай бундай бәлени де бир дуўа менен дүзиўлеп жибериў аңсат емес. Бизлер дуўасы тез қабыл болатуғын жүдә тақўалы емес екенимиз ҳәр биримиздиң өзимизге аян. Тарийхта бундай әўлийе кисилер өткен. Ҳәзирде де бәлким бар шығар.
Арақхор адамға биринши нәўбетте Аллаҳ тааланы танытыў зәрүр, дүнья бул сынаў өмири екенин, Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени көрип турыўын, дүньяда қылған ҳәр бир иске ақыретте жуўап бар екенин түсиндириў керек. Илажы болса, диний китаплардан алып берип, оның маңызын бирге отырып түсиниў ҳәм түсиндириў зәрүр, әлбетте, бул аңсат болмайды, бирақ аз-аздан тәсири болыўы ҳәм ақырында туўры жолға түсип кетиўи турған гәп.
Сондай-ақ, жаман жолдаслардан айырыў зәрүр. Өткен әзизлерден Жалалатдин Румий ҳәзирет: "Достыңның ким екенин айтсаң, сениң ким екениңди айтып беремен", деген екен. Жора-жолдас бул нәрседен қутылыўда ең әҳмийетли орынды ийелейди.
Ҳәр намаздан кейин, азанда-кеште Аллаҳ тааладан дуўа етип сорай бериў керек. Әлбетте, дуўалар Аллаҳ тааланың алдын қабыл болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Asslamuw aleykum hurmetli ustazlar menin' sorawim tomendegishe bir adam junub halinda tisin emletip plomba bastirip taslasa keyin g'usl qilsa g'usili duris bolama xanagiy mazxabinda g'usilda awizdi shayiw pariz zikr ahlidan sorang degen kanalda blomba qildiriwdan aldin g'usl yamasa taharatli boliw kerek dep jazilgan oni tusiniw bilimim jetpedi iltimas toliqraq juwap bersen'iz ham tezrek juwap bersen'iz iltimas Allah razi bolsin sizlerden .
Ўа алайкум ассалам. Тиске пломба қойдырыўдан алдын таҳаратлы ҳәм ғусылы бар болыў керек. Таҳарат яки ғусыл қылмастан пломба қойдырғанлар ибадатларын сол ҳалда даўам еттирсе болады. Тек ғана тақўа қыламан деген адамлар қайтадан пломбасын қойдырып алыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устазлар бул ислеринизге рауаж кейни кайырлы болсын сизлерден отинишим сорауыма жуап алаалмадым билмекши болганым1Алыска тойга барганда кафе столларына арак койылады оны сол столда отканлар ишсин ишпесин ол столда отырып тагам жеуге болама кенрек тусник берсениз илтимас
Ўа алайкум ассалам. Мусылман адам ҳарам ишимлик қойылған дастурханда отырыўы дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
Hayalim menen kesh bolsa da nekeden ottik.Nekeden otkenimizge de 3-4 ay boldi.Nekemizdi qiyg'an imam mahrge 1 million swm qunindag'i altin yamasa gumis beresen' dep edi.Biraq hayalim bunsha puldi tag'inshaqqa jumsawdi qalemeydi.Sol summag'a kiyim-kenshek apersem mahrge otedi me?
Ўа алайкум ассалам. Мәҳр ҳаялдың ҳақы не зат сатып аламан десе де ҳақы бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас саламалейкум устазлар мен 5 уакыт намаз окыйтугын едим бирак сонгы 2айдай болды окыйалмай атырман сәждеге енкейгенде басым солқылдап ауырады бирак окый алмай жургениме катты кыйналып атырман не кылсам болады, Алламнын берген 4перзентим бар соларды мешитке апарып азан оқытсам болама егер акеси карсы болса некылсам болады жууап ушын алдынан рахмет .
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықта қыйыншылық жоқ. Намаз оқыйтуғын адам сәжде қыла алмайтуғын болса, отырған ҳалда има ишара менен оқыўына болады. Яғный, руку ушын азырақ ийилип, сәжде ушын оннан сәл асырған ҳалда ийилип намаз оқыса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алейкум!Жасим 19 да,кудйга шукур 5 уахыт намазди оз уахытинда охуга харекет етемен.Гуна затлардан илажи барынша шетте боламан брак кызлар менен сойлеским келевереди,коз зинасынан арасинда кутылалмай каламан,уйленуге еле 5 жыл бар одан алдин уйлене алмайман.Озимди тийсемда сол кызлар менен сойлесип койып атырман.Не клуымди билмей атырман.5 жыл шыдауда кыйын.Илтимас маслахат беринг мен не клайын?
Ўа алайкум ассалам. Егер үйлениўге мүтәжлик болса, үйлениў керек. Үйлениўдиң жасы жигирма төртте деген гәп жоқ, үйлениўдиң жасы үйлениўге мүтәжлик болғанда. Пайғамбарымыз алайҳиссалам жасларға қарата былай деген: "Ҳәй жаслар! Сизлерден ким некеге қәдир болса, үйленсин. Әлбетте, үйлениў көзди ҳарамнан тосыўшы ҳәм фаржды ҳарамнан сақлаўшы. Ким үйлениўге қәдир болмаса, онда ол ораза тутсын, ораза тутыў оның ушын пишилиў болады". Имам Бухарий рәўияты.
Яғный, үйлениў ўақты келген, үйлениўге мүтәж болған, мал-мүлки бар ер адамлар үйлениўи керек, себеби ер адам ҳаял адамға мүтәж болыўы тәбийий ҳал. Бул өз ўақтында орынланбаса, ер адам ҳарам жолларға кирип кетиўи мүмкин. Енди, некеге қәдир болмағанлар не қылыўы керек? Булар некеге қәдир болғанша ораза тутып жүриўи керек. Себеби ораза тутыў адамды ҳарам ислерден сақлайтуғын екен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Jasi u'lkenlerden " erkek adamnin' iqlasina qalma, jaman boladi" degen ga'pti birneshe ma'rtte esittim. Sorawim sonnan ibarat: 1. Bul ga'p qanshelli duris? 2. Bul jerde ne ushin erkek dep ajiratip ko'rsetilgen, er adam da hayal adamnin' iqlasi, ko'z jasina qaliwi mumkinba? Juwap ushin raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Бул жасы үлкенлерден еситилген гәплерден бири. Мусылманшылықта ҳаял адам күйеўин ҳүрмет етиўи көп мәртелеп тәкидленген. Мусылманшылықта ҳаял-қызлардың қәдри де ер адамнан кем дәрежеге түсирип қойылмаған. Мысалы, жәннет аналар аяғы астында, делинеди.
Шәриятымыздағы ҳаял-қызлардың ҳақ-ҳуқықы менен ер адамның ҳақ-ҳуқықларын салыстырсаңыз, ҳақыйқатта ҳаял-қызлардыки көбирек екени билинеди. Орны келгенде иншааллаҳ оларды толығы менен баян етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Hár sapar paziylet telegram kanalina kirip audio magliwmatlardi esitkenimde, maģliwmatlardi oqiganimda Islam dini eń pák din ekenine hár sapar isenimim kámil boladi hám biraz jeńillenemen.
Maqalalarińiz arasinda jas perzent dúnyadan ótkeninen keyin ata-ananiń qiynalmawi kerekligi haqqinda maqala bar edi. Tawa almay atirman. Soni qayta jibere alasizba?
Ўа алайкум ассалам. Бул бойынша жүдә көп ҳәдислер келген. Солардан бир нешеўин келтиремиз.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ким балағатқа жетпеген балаларынан үшеўин берип қойған болса, олар оған дозақтан беккем қорған болады», деди.
«Мен екеўин берип қойдым», деди Әбиў Зарр.
«Екеўи де», деди ол.
«Мен биреўин берип қойдым», деди, қарыйлардың уллысы Убай ибн Каъб.
«Биреўи де. Бирақ бул – биринши соққы ўақтында...», деди ол».
Шолыў: Егер мусылман адам мүсийбет жеткен ўақытта гөззал сабыр қылыў менен өзин усласа, Аллаҳ таала оның өлген үш, еки ямаса бир баласын оның ушын дозақтан тосыўшы беккем қорған қылады екен.

Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Қашан бир бендениң баласы қайтыс болса, Аллаҳ периштелерине:
«Бендемниң баласының жанын алдыңыз ба?» дейди.
«Аўа», дейди.
«Оның кеўил мийўесиниң жанын алдыңыз ба?» дейди.
«Аўа», дейди.
«Бендем не деди?» дейди.
«Саған ҳамд ҳәм истиржа айтты», дейди.
Сонда Аллаҳ:
«Бендеме жәннетте бир үй қурың ҳәм оны ҳамд үйи, деп атаң», дейди».
Усы үш ҳәдисти Термизий рәўият еткен.
Шолыў: Перзенттиң өлими ата-ана ушын шексиз мүсийбет екени ҳеш кимге сыр емес. Себеби перзент ата-ананың бир бөлеги, жүрегиниң ярымы, жанының ишинде турған, көз қуўанышы болады.
Соның ушын да перзентиниң өлимине сабыр еткен ата-аналарға үлкен ҳәм уллы мәртебелер ўәде қылынған.
Булардан базыларын жоқарыда келген ҳәдиси шәрийфлерден үйрендик. Мусылманлар усы тәлиматларды өзлерине сиңдирип алып, турмысына еңгизген. Мусылманлар перзентлериниң өлимине сабыр қылыўдың инсаныят тарийхындағы тәкирарланбас үлгилерин көрсеткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум сорауым бареди Кеусен жайлы тусник берсениз?кимлерге бериледи намаз ктап ишинен таппадым
Ўа алайкум ассалам. Сораўыңызға түсинбедим.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar! Allax sizlerden razi bolsin. Ustaz men 23 jasimda namaz oqip basladim negizi qiz bala 9 jasinan namaz oqiw kerek dep esitkenmen.23 jasqa shekemgi oqiliwi kerek bolgan namazlarimdi qaza namazi retinde oqip jursem boladima yamasa basqa oqiliwi kerek bolgan sure yaki dualar barma? Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Қыз бала да, ер бала да балағатқа жеткеннен баслап намаз оқыўы парыз болады. Тоғыз жас, он еки жас дегени - шамаў. Қаза намазларды есаплап шығып, әсте-ақырынлық пенен оқып таўысыўға болады. Парыз намаздың орнын тек сол намаздың қазасы менен ғана жаўса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar menin bir sorawim bar edi Adamlar wade beriw ant etiw twrali har turli pikirler aytadi Dinimizdin muqaddes kitaplarinda bul twrali ne delingen jwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Жақсы ислерге, биреўге жәрдем бериўге ҳәм соған уқсаған ислерге ўәде бериў дурыс ис. Ўәде бергеннен кейин орынлаў шәрт.
Биреўди туўры исине исендириў ушын ант ишиў де дурыс. Бирақ болар-болмас нәрселер ушын ант ише бериўден қайтарылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar bizdin' dinimizde er jigit ozinen ulken ayelge uyleniwge boladima dinimiz qaralamag'anba? Juwap ushin raxmet Alla razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықта жасы өзинен үлкен ҳаялға үйлениўге тосқынлық жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalomu Aleykum Ustaz sorawim tomendegishe jollarda abarya bolsa solabarya bolgan jerdi birqasiyetli jerdey taripleydi usi jerdin bir balesi bar dep sol durispa janede adamlar jingil jane har turli tereklerdi minau qasiyetli anaw kiyeli deydi sol durispa insha alla juwap kutemen
Ўа алайкум ассалам. Булардың ҳәммеси қәте ислер.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум менин сорауларыма улума жуап келмей атырго илтимас алдынгы хам усы сорауыма жуап берсениз илтимас! 1Мал яки жанлыктын буазлыгы белгили болса оны сойуга болама баска болмаса
Ўа алайкум ассалам. Сораў-жуўапларды дыққат пенен гүзетип барың. Улыўма айтқанда буўаз жанлықты әдетте ҳеш ким соймайды, бундай қылыў жақсы ис емес. Бирақ жүдә мүтәж болғанда сойып пайдаланса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы