Assalamalekum ustaz qantara kopiri haqqinda tusinik berseniz
Ўа алайкум ассалам. "Қантара" не екени ҳаққында мағлыўматымыз жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устаз менин билмекши болганым Гейде алска тойга барганда кафелерде столга арак койылады ол столдан тагам жеуге болама арак ашылсын/ашылмасын илтимас кенрек тусиник берсениз 2Жаназа намазында коныкка барган каншели дурыс илтимас кенрек тусник берсениз жуап ушын алдыннан ракмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Мөмин-мусылман адам той бергенде Аллаҳ таала ҳарам еткен нәрсе менен мийманларды күтпейди. Егер арақ қойылатуғын болса, ертерек барып қутлықлап, қайтқан мақул болады.
2. Бир неше жыллардан берли жаназаларда аўқат бериў тоқтатылған. Жаназа бул - марҳумға жақсы дуўалар қылынатуғын, оны ақырғы мәнзилине гүзетилетуғын жер, аўқат жеў ушын барылатуғын жер емес. Буны ҳәр бир мөмин-мусылан аңлы рәўиште түсинип алыўы зәрүр.
Марҳум адам шаңарақтың бағыўшысы болған болса, онда ол өткеннен кейин оның ҳаялы жесир, балалары жетим болады. Жетим-жесирдиң ҳақын жеў шәриятта қатты қараланған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сорауым бар еди томендегише.
1. Намаз окып атырган уакытымызда кыялларымызга хартурли уакыялар келиуи.
2. Хажет кыйнамайтын болып далага шыгып Тахарат алып болып, намаз окып баслаганнан тахаратты сындырыушы хадиселер болыуы, озлеримиздин шалалыгымыздан ба яки шайтан хийлесиме, жууабыныз ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Намазда хушу ҳәм хузу жоқлығынан. Намазда ықлас пенен турыўға ҳәрекет етиў керек. Намаздан кейин ҳәм басқа ўақытларда да Аллаҳ тааладан кәмил ықлас бериўин сораў керек.
2. Бул ден-саўлықтан болыўы мүмкин. Мусылманшылықта таза жүриўге үлкен итибар қаратылған. Бирақ бул дегени муздай суўға жуўыныў дегени емес. Ҳәмме нәрсениң өз тәртиби, әдеби болады, ҳәттеки ҳәжетке шығыўдың да. Бул ислерге пәс нәзер менен қарамастан, анығын үйренип алыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Намаз окыу ушын албетте куйеуиннен рухсат сорау шартпе? 5 парыздын биреуи емеспе намаз окыу
Ассаламу алайкум. Бес ўақыт парыз намазлар ушын шәрт емес, нәпил намазлар ушын шәрт.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum !
Sorawim bar edi kelin uyindegi ata enesinin atin aytipaw degenge qisqasha tusinik berseniz
Ўа алайкум ассалам. Ҳүрмет жүзесинен усындай етиў жолға қойылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум , Хүрметли Устаз мениң де сизге бир сорауым бар еди. Динимизде яғный Ислам дининде Ерлердиң кийимлериниң балағы тобығынан төменге түспеуий керек делинген екен , сол гәп рас па ? Яғный Шалбар кийгенимизде ол жүдә узын болмауы керек хәм тобықтан жоқарыда турыуы керек пе ? Пайғамбарымыз Музаммед саллаллаху әлейхи уәссаламниң бир хадисинде : Ерлердиң шалбарының балағы тобығынан төменге түсип турса ол отта болады деген гәплер де распа ? Усыларға анықлық киритсеңиз. Алдыннан рахмет!
Көпшилик арасында шалбарларын келте етип кийиўшилерди "Келте балақ" деп атаў әдети бар. Бул сол топарға тийисли адамлардың бул иске айрықша итибар берип, көпшилик пенен бул ис бойынша тартысқаны, кийиниўде өзлерине уқсамағанларды қатты айыплап, түрли пәтўа ҳәм ҳүкимлерди шығарғанынан келип шыққан әдет. Ҳәзирде адамлар арасында онша көп айтылмай атырған болса да, бәрибир буны сораўшылар бар екени ҳәм усы мәселени еситкенлерге жетерли жуўап бериў ушын толығырақ жуўап бериўди мақул көрдик. Бул мәселеде тартысатуғынлар бул бойынша келген ҳәдиси шәрийфке бир жақлама қарағанлары себепли түсинбеўшилик келип шыққан көпшилик уламалар айтқан.
Абдурраҳман разыяллаҳу анҳу айтады: «Әбиў Саъийдтан ыштан ҳаққында сорадым. Сонда ол: «Билетуғын адамды таптың. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деди, мусылман адамның ыштан кийиўи еки балтырына шекем. Оннан еки тобыққа шекем кийиўдиң зыяны да гүнасы да жоқ. Еки тобықтан пәске түскен нәрсе дозақта».
Әбиў Даўыт, Бухарий, Әбиў Даўыт рәўият еткен.
Ҳәзирги заман заҳирийлери бул ҳәм буған уқсас мәнидеги ҳәдислердиң сыртқы мәнисин қатты услап алып, ыштан яки шалбардың балағын тобығынан пастга түскен ҳәр бир адамды дозаққа түсиўи ҳаққында пәтўа шығарыўдан да қайтпайды. Олар өзлериниң бул ислеринде бир мәселе бойынша ҳүким шығарыўдан алдын бул тема бойынша айтылған ҳәдислерди көрип шығып, салыстырып көриў қағыйдасына әмел қылмағанлары ушын усындай жуўмаққа келген. Ал негизинде, егер бир ҳәдис мәнисин жақсы түсине алмай қалсақ яки түсинбеген мәселеге дус келсек, дәрриў сол темадағы басқа ҳәдислерди үйренип шығыўымыз лазым болады. Әне сонда улыўмалық салыстырыў жолы менен усы ҳәдисти туўры түсиниў имканына ийе боламыз.
Балағы тобығыдан пәске түскен инсан дозақый болады, деген гәпти еситкен адам, ҳаў, Ийманда, Исламда, ибадатта, тақўада жүрген адам да бир ғана балағы тобығынан пәске түскени ушын дозақий бола ма, деген гәпти ойлаўы турған гәп. Бирақ әҳли сунна ўал жамаа мәзҳабына ерген мусылман уламалар бул мәселеге ески ҳәм ҳәзирги заҳирийлерден парықлы ҳалда түсиндирген. Олар бул мәселени де, басқа мәселелер киби, бир мәселеде ҳүким шығарыўдан алдын бул темаға тийисли ҳәдислерди жыйнап, салыстырып көриў қағыйдасына әмел еткен ҳалда ҳәм Аллаҳ тааланың ақырғы ҳәм кәмил дини, қыяметке шекем мәңги қалыўшы дини ҳәм бәрше заманлар ҳәм мәканларда инсаныятқа еки дүнья бахыт жолын көрсетип бериўши болған дин Исламның улыўмалық мақсетлери, ҳикметлери ҳәм қағыйдалары тийкарында көрип шыққан ҳәм шешкен.
Олар ең дәслеп, Исламның улыўмалық тәлиматларына нәзер салған, бул ҳаққында төмендеги еки рәўият ҳәм басқа да уламалардың гәплерин тапқан.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Жең, ишиң, кийиниң ҳәм садақа қылың, ысырап ҳәм тәкаббырлық болмаса болды», деди». Бул ҳәдиси шәрийф инсан турмысында ҳәр күни, удайына тәкирарланып туратуғын ҳалатлардағы улыўмалық исламий қағыйданы баян етип атыр.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу айтады: «Сенде еки нәрсе: ысырап ҳәм менменлик болмаса, қәлегениңди же, қәлегениңди кий». Имам Бухарый рәўияты.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Асылтырып жүриў ыштанда, көйлекте ҳәм сәлледе. Ким усылардан қайсы бирин болса да менменлик пенен асылтыр жүрсе, Аллаҳ оған қыямет күни нәзер салмайды», деди». Әбиў Даўыт ҳәм Насаийлер рәўияты.
Бул ҳәдистен көринип тур, кийимди асылтырып жүриў тек ғана ыштан ҳәм шалбарға емес, ал басқа кийимлерге де тийисли екен. Қайсы бир кийимде болса да менменлик пенен асылтырып жүриў қараланған.
Енди өз-өзинен сораў туўылады, асылтырып жүриў менменлик ушын болмаса не? Бул сораў саҳабаларда да болған. Буған жуўапты төмендеги ҳәдиси шәрийфтен үйренемиз.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўияят қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким менменлик пенен кийимин сүреп жүрсе, қыямет күни Аллаҳ оған нәзер салмайды», деди.
«Я Расулуллаҳ, услап жүрмесем, ыштанымның бир тәреп түсип кетеди (сүйретиледи)?» деди Әбиў Бакр.
Сонда Расулуллаҳ алайҳиссалам: «Сен менменлик қылатуғынлардан емессең», деди».
Бурында да, ҳәзирде де айырым адамлар менменлик, тәкаббырлық, басқаларды кемситиў ушын түрли қылықларды қылған, ҳәзирде де қылады. Усы намақул ислердиң бири кийим менен гердейиў. Мусылманшылықта менменлик ҳәм тәкаббырлықтың бәрше көриниси ҳарам екени бәршеге мәлим. Кийим менен мақтаныў, тәкаббырлық етиў да солар қатарында. Кийим менен менменлик етиў ҳарам етилгенде, басқа ҳарам нәрселерден де беттеррек қайтарылған. Ҳәдиси шәрийфте: «Ким менменлик пенен кийимин сүйреп жүрсе, қыямет күни Аллаҳ оған нәзер салмайды». Сол дәўирде менмен адамлар балағын тобықтан пәске түсирип сүйреп жүриў арқалы гердейетуғын болған.
Усы орында билип қойыўымыз лазым болған гәп - кийим-кеншек пенен ҳеш ўақытта гердеймеўимиз керек.
Гәпимизди жуўмақлап айтатуғын болсақ, Кийимди менменлик пенен асылтырып, сүйреп жүриўдиң ҳарам екенлигинде ҳеш қандай тартыс жоқ, бул анық гәп. Бирақ менменлик етпестен, жерге сүйреместен, тобықтан сәл төмен түскенди, Әбиў Бакр Сыддық разыяллаҳу анҳудың ҳәдисин дәлил етип, менменлик ушын болмаса, буның ушын қатты гәп айтыў орынлы емес, деймиз. Ўаллоҳу аълам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум! Бизлер жакта коп ушырайтугын бир жагдай хаккында устазлардан сорамакшы едим. Бир конысымыз тез-тезден шелпек писирип "садака" деп конысыларга таркатады. Пайгамбарымыз (с.а.у) садаканы алмайтын болган. Мен алмайын десем кеуиллерине тийип кояманба деймен, анамда кайтарма уят болады дейди. Маслахат берин. Егер мен борттирип жиберген болсам узр сорайман.
Ўа алайкум ассалам. Шәриятта шелпек писирип тарқатыў керек, деген гәп жоқ. Бул ис ата-бабаларымыздың қылған ийгиликли ислеринен бизлерге жетип келген бир көриниси. Алдыңғы дәўирлерде, ҳәзиргидей көпшилик тоқ ҳалда жасамаған. Мусылманшылықта мудамы жарлы-бийшараларға қандай жол менен болса да садақа бериўге шақырылады. Ата-бабаларымыз да қолдан келгенше, шелпек писирип болса да садақа бериўге урынған.
Бизлерде садақа деп ислетилетуғын сөз еки түрли иске де ислетилетуғын болып қалған. Буны ажыратып алыўымыз керек. Биринши мәниси, ҳақыйқатта жарлы-бийшара, мүтәж адамларға қаржылар яки затлай жәрдемди аңлатса, екиншиси, улыўмалық тағамлар тарқатыў, теберик инсанларды шақырып дуўа-пәтиясын алыўға да садақа, деп ислетеди. Усы екинши мәнисине иҳсан сөзин ислетсек мақсетке муўапық болады.
Демек, биреў бир нәрсе берсе ҳәм садақа деп айтса, сиз садақа алыўға ҳақылы болмасаңыз, онда алыўыңыз дурыс емес. Биреў бир нәрсе берсе ҳәм оның иҳсан екенин нийет еткен болса, онда алсаңыз яки жесеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ва рахматуллохи ва баракатух.Бендени сабырга шакиратын суре яки дуа барма?Жуап ушын алдыннан рахмет.Аллах разы болсин
Ўа алайкум ассалам. Қураны кәриймде сабырға шақыратуғын жүдә көплеген аятлар бар. Мысалы ушын "Ўал аср" сүресинде де бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, менде бир илтимасым бар еди, менің уйленбей жүрген иним бар еди, соған дем салыу жолыменбе ямаса усы динимиздин басқа жолыменбе уйлендирсе балама, оздеримиз айта айта шаршадык илтимас жәрдем көрсетсениз, алдынан рахмет!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, менде бир илтимасым бар еди, менің уйленбей жүрген иним бар еди, соған дем салыу жолыменбе ямаса усы динимиздин басқа жолыменбе уйлендирсе балама, оздеримиз айта айта шаршадык илтимас жәрдем көрсетсениз, алдынан рахмет!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум хурметли Устазлар.
Аятул Аннас сурелерин кай уакыт окыу дурыс болады. Хар намаздан кеин ба я кунине бир марте окылса боладыма?
Жуап ушын алдыннан рахмет. Иснизге Аллахым берекет берсин.
Ўа алайкум ассалам.
Аятул Аннас деген сүре жоқ. Аятул курсийди қәтелесип жазған болсаңыз керек. Аятул курсийди ҳәр намаздан кейин оқыў керек, бирақ лазым емес. Бизлердиң диярымызда бурыннан аятул курсийди ҳәр намаздан кейин оқыў жолға қойылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum.1-Sorawim Insanlardin Atin qisqartip aytiwga bolama Ya bir insan oz atin basqa birewge ozgertip aytsa bolama.2-Sorawim Tusimizde korgen zatlarga iseniwge bolada.Juwap ushin rahmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Мәниссиз етип қысқартыў дурыс емес. Мысалы, Имаматдинди Имо деп айтыўлар. Бирақ Муҳаммадәлийди узын болғанлығы себепли тек Әлий деп қысқартыў ҳәм усыған уқсаслар жаиз. Тек Аллаҳға ғана ислетилетуғын исмлерди бендеге ислетиўге болмайды. Мысалы, Абдураҳманды Раҳман деп шақырыў дурыс емес. Раҳман сыпаты тек Аллаҳға тән.
2. Шайх Муҳаммад Садық раҳматуллаҳи алайҳтиң Ҳәдис ҳәм Турмыс китабы қарақалпақ тилинде баспадан шығып баслады. Инша Аллаҳ дуўа етип турсаңызлар, Ҳәдис ҳәм Турмыс дүркининиң бир китабы түс көриў ҳәм соған байланыслы мәселелер ҳаққында болады. Түс үш түрли болады: Жақсы түс, қапалық түс, шаршағаннан болатуғын ис. Түсте жаман нәрселер көрилсе, оянған ўақытта шеп тәрепине әсте үш мәрте түпирип, Аллаҳтан пана сораў керек, бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум, бәршеңизге мәлим тууған-тууысқанлар, ағайынларымыздың, дос-яранлардың тууылған күнлерине, той-тамашаларға барамыз. Бизди толы дәстурхан менен күтип алады, әлбетте бул жақсы. Мәселениң екинши тәрепи бар спиртли ишимликсиз болмайды. Арақ ишпейтуғын адам өзин нақулай сезеди. Сорау: 1. Сол жерден турып кеткенимиз яки мирәт еткен адамның кеули ушын шыдап отырғанымыз мақулма? 2. Айрым уақытлары бәзимлерде (хүрметлеп) жасы үлкен инсанларға хызмет етиуимиз керек болып қалады. Шәриятымызға жат болсада қолымызға арақты алып кийсаларын қуйып берсек гүнахар боламызба? Толық жууап берсеңиз илтимас, алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Арақ қойылатуғын тойларға ертерек барып, қутлықлап қайтылған туўрырақ болады. Арақтың ҳарам екенин анық билип турып, арақ қуйып хызмет етсек бола ма?, деп сораўдың өзи үлкен ҳүрметсизлик.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz. Hazirgi kunde araqti belgili bir waqitqa qoydiratugun bir adam bar. Sol kisige bargan adam gunahkar boladima
Ўа алайкум ассалам. Сиз айтып турған адам динди туўры түсинбейтуғын адам. Ондай адамлардан узақ жүриў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ustaz. Eger bir kisi jumis islep 9 ay onin miynet haqisin bermese.aqsha bermegen adamnin zatlarin urlawga haqisi barma
Ассаламу алайкум. Жумыс бериўшиге билдирип, хызмет ҳақы орнына нәрсесин алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ustaz. Eger bir kisi jumis islep 9 ay onin miynet haqisin bermese.aqsha bermegen adamnin zatlarin urlawga haqisi barma
Ассаламу алайкум. Жумыс бериўшиге билдирип, хызмет ҳақы орнына нәрсесин алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум Устаз , Мениң сорамақшы болғаным , Жума намазында билемиз Мешитке ерте келип алдыңғы қатарларда отырсақ сауабы да көбирек болады делинген. Енди биреулер кешигип келип көпшилик адамлар отырған кезде арасынан өтип алдыңғы қатарларға қарай жүрип барыуы дурыс па? Усыған жууап берсеңиз алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Егер алдында бос орын болса, алдын бос орын толтырылады. Себеби парыз намаз оқығанда арада ашық жер қалмаўы керек.
Сондай ақ, кейин келгенлер алдын келгенлердиң желкелеринен түртип, олардың тынышын бузыўы да туўры емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Eger semyamdi saqlap qaliw ushin ata-anama qarsi shiqsam gunali bolamanba.
Ўа алайкум ассалам. Ҳеш бир ата-ана баласының шаңарағын бузыўға, оларды ажыратып жибериўге ҳаққы жоқ. Ҳәр бир ер де, ҳаял да өз шаңарағын сақлап қалыўға ҳәрекет етиўи лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum !
Mende vrachlar tuhumdan kistasi diagnozin koydi. operaciya isteymiz deydi. tuhumlik kaliwi kerek ilaji barinsha. sol ushin ,Alhamdulillah musilmanbiz, Alladan mushkilimizdi jenil etiwin kaytip sorasak boladi? juwap un rahmet!
Ўа алайкум ассалам. Парыз намазлардан кейин Аллаҳ таалаға ықлас пенен дуўа етип сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamalekum ustaz munafiqtin emi barma
Iltimas sorawga juwap berin alla razi bolsin sizden !
Ўа алайкум ассалам. Мунафиқтиң үш белгиси болады: сөйлесе өтирик сөйлейди, ўәде берсе орынламайды, аманатқа қыянет етеди. Усы ислерден узақ болыў арқалы мунафиқликтен сақланыў зәрүр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы