Ассаламу алейкум устазлар сорауым. Аллахты зикир кил дегенде не айтыуымыз керек? пайгамбарымызга салауат айтыу керек дийди буган не айтамыз тусиникли хам анык жууап берсениз . жууап ушын алдыннан рахмет. сорауды кате берген болсам кеширесиз
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳты зикир етиў дегени Оның исмлеринен бирин айтып жүриў, Қуран оқыў, "Лә иләҳә иллаллоҳ", "Әлҳамдулилләҳ", киби сөзлерди қайталап жүриў түсиниледи. Буларды қай ўақытта, қай жерде айтыў ҳаққында арнаўлы китаплар бар.
Салаўат айтыў дегенде "Аллоҳуммә солли ъалә Муҳаммәд ўә ъалә әлиҳи асҳабиҳи әжмаъийн", ҳәм усыған уқсас салаўатларды айтыў түсиниледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.
мениң сорауым төмендегише кишкене балам бар жасына толмаған мен намаз оқыған уақыт жайнамаздың үстине келип отырады алдыма шығып ойнайды сорайын дегеним сойтип оқыған намаз қатема
Ўа алайкум ассалам. Бул намаздың бузылыўына себеп болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim tomendegishe:
Quran kitabin taharatli halda iqlas penen oqiw kerekligi aytilgan
Hazirgi kunde Quran ayatlarin esitiwge imkan jaratatug'in zamanago'y mobil qollanbalar(приложение) bar.
Olardan Quran ayatlarin jolda,ko'shede qulaqshinlar arqali esitiu ushin paydalaniw durispa? Juwap ushin aldinnan raxmet
Allah sizden razi bolsin
Ўа алайкум ассалам. Қуранға ҳүрметсизлик болмайтуғын дәрежеде болса, болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum ustaz sorawim tomendegishe: Jannette hu'rler sani sheklengenbe esitiwim boyinsha jannetde koplegen hurler beriledi eken usilar haqqinda
Tusindirip berseniz Juwap ushin aldinnan raxmet !
Ўа алайкум ассалам. Қураны кәриймниң бир неше аятларында ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде жәннетте ҳүрлер болыўы айтылған. Буған ийман келтириў шәрт.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum qalbinde azgana bolsada iymani bar adam dozaxta qalmayma
Juwap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum qalbinde azgana bolsada iymani bar adam dozaxta qalmayma
Juwap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Бир киси «Лә` илә`ҳә иллалло`ҳу, Муҳаммадур Расулуллo`ҳ» деп шын қәлбтен гүўалық келтирген болса, әлбетте, Аллаҳ оны дозаққа ҳарам қылады», – деди. Ол:
«Я Расулуллаҳ, буның хабарын адамларға айтайын ба, қуўансын», – деди.
«Ондай болса, сүйенип қалады», деди.
Муаз өлиминен алдын гүнадан қорқып, бул хабарды берген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз!
Алланын нуры жаусын сизге!
Баламнын атын Мухааммед-Али коидым адамлар аитады еки адамнын аты ауыр болады дийди,биреулер аитады паигамбарымыздын аты ауыр болады дийди сол дурыспа?
Ўа алайкум ассалам.
Муҳаммадалий жақсы атлардан бири. Пайғамбарлардың аты аўыр болады деген гәп жоқ. Алдыңғы өткен уллы адамлар, ҳәзирде де айырым уламалардың аты усындай. Мысалы, жақын заманда жасап өткен белгили уламаның аты Муҳаммад Садық.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум .Мен Куран уйренбекши едим жасым 34те Калай уйренсем болад арнаулы таярлау кырслар барма.
Ўа алайкум ассалам. Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ал Беруний" ислам билим журтында үш айлық Қуран оқыў курсы бар. Сол жерден үйренсеңиз болады. Байланыс ушын телефон: +998612290320
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum usztazlar! Menin sorawim gargis haqqinda edi. Kopshilik adamlar "Ol adamnin gargisi jaman tiyedi" degen gaplerdi esitemen sol raspa? Adamnin aytqan gargisi rasinda da tiyedima.
Juwap ushin aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Егер бенде ҳақ болса, Аллаҳ таала белгилеген шегарадан шықпаған болса, яғный ҳарам нәрсе ҳәм ислерден узақ болып, Аллаҳ буйырған ислерди қылып жүрген болса, ғарғыс тәсир етпейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu a'leykum menin' sorawim to'mendegishe qiz bala turmisqa shiqqanda yag'niy qiz balani uzatqanda ata-analar qizina qosip sep yag'niy ko'rpe-to'sek bu'gingi ku'nge kelip spalniy, kiyim ushin arnalg'an shkaf, posudalar ha'm tag'i basqa zatlardida beredi. Menin' soramaqshi bolg'anim sha'riyatta bular haqqinda ne delingen. Sol haqqinda ken'nen tu'sinik bersen'iz juwap ushin aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Келин өз үйинен алып келетуғын нәрселер өзиниң жеке мүлки есапланады. Қаншадан-қанша еркеклер бар, ҳаялы алып келген диванда, көрпе-төсекте биймәлел жатады ҳәттеки әкелген кийимлерин уялмастан кийип жүреди.
Келинниң ата-анасы қызын сонша жыл тәрбиялап бериўиниң өзи үлкен гәп екенин қашан түсинип жетеди?!
Туўры, бизлерде бундай ислер басқа тәрептегилерге салыстырғанда анағурлым аз, бирақ биз буған арқайын болмаўымыз керек. Бундай ислерден илажы барынша сақланыўымыз лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллаху уа баракатух устазлар сизлердин йигиликли жумысларынызда табыслар тилеймиз,менде Бир сорау бар еди,егер куйеуи менен хаялы болек болмеде намаз окыса тууры болама, ямаса екеуи косылып бир болмеде окыуы шартпе бундай жагдайда кандай тарзде окылады сол туурысында тусиник берсениз, жууап ушын алдыннан Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ер адам парыз намазларын жәмәәт пенен оқыўы сүннети муаккада есапланады, айырым уламалар ўәжиб, деп айтқан. Егер ер адам парыз намазын үйинде оқыўға туўры келип қалса ҳәм үйинде ҳаялы екеўи оқымақшы болса, ер сап алында турады, екеўи жәмәәт болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум устаз. сорауым озим алкаоголга карсыман .дастуркан атрапында я баска жерде болсын досларымыз жакынарымыз бенен отырсак тилек айтын деп колымызга спиртли ишимлик услатады бул тилекти айтканда аланы тилге аламыз бул тилек каншели дурыс .улыума тилек кабыл болама колымызда (арак) турса? 2ши (арак) харам деп жазылганба? жууабынызды кутемен рахмет
Ўа алайкум ассалам. Спиртли ишимлик ҳарам екенлигинде ҳеш қандай гүман жоқ. Буны ишиў де, сатыў да улыўма соған байланыслы бәрше ислер де қадаған.
Спиртли ишимликти қолына алып түрли тилеклерди айтыў басқа диндегилердиң иси,бизлердиң мусылманшылықта бундай ис жоқ.
Аллаҳ ҳарам еткен ишимликти қолға алып, Аллаҳ тааланың атын айтып тилек тилеў қаншелли логикаға туўры келеди?! Бундай қылыў Аллаҳ тааланың үстинен күлиў емес пе?!
Аллаҳ тааланың Өзи сақласын бундай ислерден. Өзин мусылман санаған адам бундай етип тилек айтпайды. Ҳақыйқый мусылман адам жайнамаздың үстинде дуўа қылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум уа рахматуллахи уа баракатух. Сорауым салауат ан нарият хаккында толык маглумат берсениз. 4444 марте окысан ниетлер орынланады деген гаплер распа?
Ўа алайкум ассалам. Солатун нария бул - салаўаттың бир түри. Бундай салаўатлар суфийлар арасында жолға қойылған. 4444 мәрте айтыў да суфийлер тәрепинен жолға қойылған. Салаўат айтыўдың ҳеш бир зыян тәрепи жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум уа рахматуллохи уа баракатух устазлар.Сорауим томендегише: Намаз окымакшыман.Тартиб-кагийдаларин айтиб отсениз.Алдиннан жууап ушин Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў тәртиплери әпиўайыластырылған ҳалда жазылған қарақалпақ илиндеги китап бар. Соннан үйрениң. Түсинбеген сораўларыңызды өзиңиз жасайтуғын жердеги мешит имамы ҳәм наибларынан сораң. Мешит имам ҳәм наиблары мешит қарамағындағы адамлардың диний мүтәжликлерин қандырыў ўазыйпасы. Намаз тәртиплерин бир ғана жуўап жазыў менен толық түсиндирип болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustaz.Sorawim tomendegiden ibarat. Biz omirlik joldasimiz benen oz qalewimiz ham raziligimiz benen turmis qurganbiz.Biraq diniy nekeden otpegenbiz.Hazirde eki qizimiz bar.Bizin diniy nekesiz biraq oz qalewimiz ham raziligimiz benen er qatin bolip jasawimiz ham perzentli boliwimiga dinimizdin munasibeti qanday.Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Неке оқытыў шәрт. Мусылманшылықта некесиз жасап болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз. Сорауым аракты коп ишеберетин адамды калай койдырыуга болады. Кандай маслахат жол жорык бере аласыз. Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ол адамға алдын Аллаҳ тааланы танытың, ислам, шәрият, дүнья ҳәм ақырет, жәннет ҳәм дозақ, өмирде жасаўдан мақсет, Аллаҳ тааланың алдында жуўап бериўди түсиндириң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Салем устазлар.Егер инсанга туысканына бир жаман нарсе болатугындай болып ой тыным бермесе не ислеу керек.Озим ушын бунын жуабы ахмиийетли.Орынсыз сорау болса кеширин.
Ассаламу алайкум. Аллаҳ тааладан жақсылықты сорап оның ҳақына дуўа етиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.
"Субханака" дууасы хар намаз уакытында бир рет окыладыма,ямаса суннетте бир парызда бир окыладыма?
Ўа алайкум ассалам. Сиз айтып турған дуўа "Сана" дуўа деп аталады. Ҳәр бир намазда, ол парыз намаз болсын, сүннет намаз болсын, намазға кирискенде бир мәрте оқылады, екинши ҳәм оннан кейинги рәкатларда оқылмайды. Сүннет намазға кирискенде де оқылады, парыз намазға кирискенде де оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум. Хурма ҳәм жүзимнен басқа нәрселерден алынған спиртлерди емлениў ушын ислетиўге болады. Буларды да намаз оқып болғаннан кейин ислетиў усынылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Spirtti medecinaliq sebepler menen paydalansa bolama?. Misali: kòpshilik tamaģi awirsa spirtten tamaģina kampress isleydi. Ayazlasa denelerine spirt jaģadi hàm basqalar. Juwaplar ushin aldinnan raxmet
Ассаламу алайкум. Хурма ҳәм жүзимнен басқа нәрселерден алынған спиртлерди емлениў ушын ислетиўге болады. Буларды да намаз оқып болғаннан кейин ислетиў усынылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы