Ассалаумағалейкум Ұстаз. Менің бір сұрағым бар еді. Мен ауылдық жерде тұрамын. Ол жерде жұмыс орындары аз. Жақын арада бір магазинге сатушы болып жұмысқа орналастым. Ол жерде продукталар сатылады. Бірақ арақ пиво темекі насыбай да сатылады. Олар харам ғой. Мен соларды сатқаным үшін маған күнә жазылама.?
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықта ҳарам қылынған нәрселерди сатыў қадаған етилген. Қадаған етилген исти қылыў гүна екени күндей аян.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз.
Сорауым кеште уйди сыпырма
Хаял адам тунде сууга барма
кеште тырнак алма дейди
Бул каншелли дурыс.
Жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алвйкум ассалам. Бундай гәплерге исенбең. Итияж болса буларды түнде де қылса болады. Ҳеш зыяны жоқ.
Бундай гәплер өз-өзинен шықпаған. Геўгим түскенде үй сыпырғаннан күндизи жарық ўақытта сыпырған мақул, соның ушын түнде сыпырма делинген.
Ҳаял адам түнде суўға барыўы да қолайсыз, әсиресе аўыллық жерлерде түнде суў керек болса, ҳаял адам емес, еркек адамлар барғаны мақул.
Тырнақты да күндизи жарық ўақытта алған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар, сорауым томендегише. Песин хам Намазлыгер намазлары каза болып калса Намазшамды окып болып казасын отесек болама яки куптаннан кейин окыймызба. Жууап ушын Рахмет устазлар
Ўа алайкум ассалам. Мойнында қаза намазы жоқ адам, алдын қаза намазларын тәртип пенен оқып алады, соң кейинги намазын оқыйды. Бирақ кейинги намаздың ўақты шығып кетиў итималы болған жағдайда ғана сол намазды оқып алса болады. Бирақ бундай етип өмири даўамында қазасы жоқ адамлар аз.
Қаза намазларының саны алтаўдан көп болғанлар ушын тәртип шәрт емес. Олар миясар болғанын оқый береди. Яғный алдын ўақты кирген намазды оқып кейин қаза намазларын оқыса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Мусылман хаял ямаса кыз намаз окыганда ораныуы шартпа.
Ўа алайкум ассалам. Намаздың сыртындағы алты парыздың бири - сәтри әўрат, яғный әўрет жерлериниң жаўық турыўы. Намаз оқып атырған ҳаял-қызлар әўрет жерлерин, яғный қол алақанлары, аяқ табанлары ҳәм жүзинен басқа барлық жерлери кийим менен тосылыўы лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalaumu aleyekum axli ilim ustazlar Men dari darmaq firmaga jumisqa kirip edim med predstavitel bolip darilerdi reklama qilamiz doktorlarga doktorlar darilerdi jazip berse aktsyasi bar darilerdin sol aktsya bergenimiz para bolip qalmayma juap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Докторлар наўқас адамға керекли дәрини жазып бериўи дурыс ҳәм бул ис оның өз ўазыйпасы. Бирақ керексиз дәри жазып бериўи ямаса арзан дәрини пәлен жерден ал деп, ортада олар менен келисип пул ислеўи ҳарам болады. Бул ҳарам ис болыўы менен бирге үлкен қыянет есапланып, бундай қылыўшылар қыянеткер болады.
Өзиниң керексиз товарларын өткериў ушын акциялар шөлкемлестирип, адамларға зыян ис қылыў да дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum alla razi bolsin sizden !
Menin sorawim tomendegishe insan dareti kesellikke dawama yamasa haram esaplanadima islamda bul haqqinda ne delingen
Sorawim naduris bolsa elestirmen ! Raxmet
Ўа алайкум ассалам. Инсанның үлкен ҳәм киши дәрети ҳарам есапланады. Булар тийген кийим менен намаз оқылмайды. Денеге тийсе тазаланыўы ўәжиб болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум устазлар. Шариятта Аел хам еркек бир бири менен турмыс курмастан алдын бир марте ушрасып корсе болады деп еситип едим брак сол хаккында коп маглумат билмеймен . кандай болады ? Ортада гуа адам болама? Не хаккында сорау керек ? Илтимас маслахат берсениз ! Алдыннан рахмет ! Кылып атырган ислеринизге Аллах рауаж берсин.
Ўа алайкум ассалам. Шәриятта көрмей турып турмыс қурыў усынылмаған. Пайғамбар алайҳиссалам саҳабаларға алдын көрип кейин үйлениў керек екенин айтқан.
Бирақ бул ушырасыўда қыз баланың маҳрамларынан бири болыўы шәрт, яғный, әжағасы, иниси, әкеси, дайысы, балағатқа жеткен баласы.
Бирақ бул ушырасыўда ҳәддинен аспаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmi aliykum
Sorawim bar edi mumkin bosa menin bir inim bar edi tuwilganinan kiyin az jasap shetlenip qaldi men oylayman ala tala ul perzen berse sol inimnin atin qoysam bolama juwab ushin aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Qalaynsha quran namaz oqip uyrensem boladi aldanip jaman jollarga kirip ketiwden qorqaman kimnen uyrensem duris boladi?
Ўа алайкум ассалам. Қуран оқып үйрениў ушын ҳәзирде Өзбекстан бойлап ҳәмме медреселерде Қураны кәрийм курслары шөлкемлестирилген. Солар қатары Нөкис қаласындағы ал Беруний медресесинде де Қураны кәрийм курслары бар, сол жерден үйрениўиңизге болады. Намаз оқыўды үйренбекши болсаңыз қысқаша намаз китабы баспадан шығып, китап дүканларына жеткерилген, соннан үйренсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar. Sorawim bar edi. Perzenttin tuwilganda beriletin akiqasi haqqinda toliq maglumat berseniz. Bul haqqinda qaraqalpaq tilinde jazilgan kitap barma?
Ўа алайкум ассалам.
Бул ҳаққында қарақалпақ тилинде баспадан шыққан "Саламат ана ҳәм бала" китабынан мағлыўмат алсаңыз болады.
Ақыйқа сөзликте жаңа туўылған перзенттиң басындағы шашқа айтылады. Жаңадан перзентли болғанда, оның шашы алынып, соның аўырлығынша алтыннан яки оның муғдарындағы пулдан садақа бериледи ҳәм қурбы жеткенлер бир қой, имканияты кеңирек адамлар еки қой шалып, иҳсан береди.
Ақыйқа қурбанлығын сойыў мубаҳ.
Ақыйқа қурбанлығы баланың туўылған күнинен ер жеткенше сойылыўы мүмкин. Бирақ жетинши күни сойылыўы пазыйлетлирек. Туўылғанынан кейин жетинши күни балаға ат қойылып, шашы алынады, қырқылған шаш аўырлығы муғдарынша жарлыларға алтын ямаса гүмис садақа етип бериў мустаҳаб.
Ақыйқа қурбанлығының гөшинен ийеси жеўи басқаларға жедириўи ҳәм садақа етип тарқатыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim tomendegishe: Men kobinese tòsekke jatqannan keyin uyiqlaw aldinan zikir ham istiģfar aytip uyqiģa ketetin edim. Jatqan haldada aytila berse bolama yaki uyqiģa jatpay turip aytiw kerekpa? Juwap ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Турған, отырған ҳәм жамбаслаған ҳалда айтыўға болады. Әлбетте жатып айтқаннан отырып яки турып айтқан абзал. Жатқанда зикир қылмай жатқаннан зикир қылып жатқан абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум! Мен Мехрийбанлық уйинен бала асырап алыуды қəлеймен, бир жетимниң басын сыйпауды, оны оз перзентлерим қатарында корип жақсы тəлим-тəрбия бериу ниетиндемен. Əлбетте Алла разылығы ушын! Мен озим еле турмысқа шықпадым, əлбетте бул турмыс қурғанымнан кейин омирлик жолдасым менен бирге оның разылығы менен болады Иншааллах. Бул мениң улкен ниетлеримниң бири. Сорауым: шариятымызда буған қарсылық жоқпа? Менде бул бойынша тусиник жоқ еди. Илажы болса толық жуап берсеңиз. Жууап ушын алдыннан рəхмет, Аллах таалам сизлерден разы болсын!
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ нийетиңизге жеткерсин! Ҳәдиси шәрийфте: "Пайғамбарымыз алайҳиссалам жетимге қараўшы мениң менен жәннетте мынандай болады деп көрсеткиш ҳәм орта бармағын көрсеткен екен", делинген. Яғный жетимге қараған, оған тәрбия берген, материаллық ҳәм мәнаўий тәрептен жәрдем берген адам жәннетте пайғамбарымыз алайҳиссалам менен жақын болатуғын екен. Негизинде жәннетке ҳәмме де кире бермейди. Енди ойлап көрейик, жәхннетке кирип ҳәм Пайғамбар алайҳиссаламның қасынан орын ийелеў бул уллы бир дәреже.
Жетимге қараў оны үйге алып келип, қарамғына алыў менен ғана болмайды, ал оған мудамы жақсы мәмиледе болып, тәлим-тәрбиясын да жақсы дәрежеге алып шығыў менен болады.
Ҳәдиси шәрийфте: "Ең жақсы үй - онда жетим болып оған жақсы мәмиле қылынған үй. Ең жаман үй - онда жетим болып, оған жаман мәмиледе болынған үй", делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас салаума алайкум устазлар сизлерге сорауим бар еди.
1.Ерег намаз окийтининди билмейтин адамга киз балага яки ер балага мен намаз окйиман деп айтиу намазга ройа араласпайма мен намаз окйман деп махтангандай боп калмаймиспа?
2.Уйклап атканда жунуп халинда ойанса яки тусинде шайтанлап калса дидма, ойанган сон гусул килиуга имканят болмай калса тахарат алип бамдад окиса болама?
Ўа алайкум ассалам.
1. Намаз оқыўды айтыў рия емес, себеби ҳәр бир мусылман адам намаз оқыўы шәрт.
2. Мүсәпир емес адам, таҳәрат пенен оқый алмайды. Мүсәпир болса ҳәм суў таба алмаса, таяммум қылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Асалама алейукум мен тунде ухлаган вактымда дым коп бастырыламан Мусулманша истетыпта кордым еш пайда бермийд Бастирык озы не затлардан болад кеште уйхлауга коркып калаватпан кийнгы вакытан бастырыка баска незатлар кылуга болад
Ўа алайкум ассалам. Жатпастан алдын таҳәрат алып, Ихлас, Фалақ, Нас сүрелерин ҳәм Аят ал курсийди оқып өзиңизге дем салып жатсаңыз, иншааллаҳ бул нәрселер болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум устазлар, сорауым сол, мен өзим 5 уақыт намаз оқыйман ,жақында ул перзентли болдым, енди ағайин тууғанларды шақырып жанлық сойып ақиқа берейин десем үйдегилер анығырағы анам, келген қонақ әйеллерге материал алыу керек деп атыр, олда бир талай пул болады екен, мәселе пулда емес, хаяллардың хауайы нәпси ушын оны қылғым келмей тур, мәсләхат берсеңиз не қылсам тууры болады
Ўа алайкум ассалам. Ақиқа сүннет әмел. Имканияты бар адамлар қылыўы керек, бирақ шәрт емес. Үйге келген қонақларға ҳүрмет көрсетиў ата-бабаларымыздан қалған жақсы үрп-әдет, қалаберсе шәриятымыздың көрсетпеси де сол, бирақ соған қарамай келген қонақларға сый-саўға бериў керек дегени емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.Men bul paziylet kanalina qosilganimnan juda quwanishliman.Sebebi ozime dinge baylanisli kop bilimler alip atrman.Biraq qurandagi ayirim sozlerdin manisine tusinbey atrman.Maselen makiriw,'gusl sozlerinin manisin bilmekshi edim.Qurandagi usigan uqsas sozlerdi qayjerden yaki qaysi kitaptan bilsek boladi?Ekinshi sorawim mutajlik namazin tek 6-kuni oqiladima?Keyingi sorawim Jane sure ham dualardi qanday waqitta oqiymiz yamasa qalegen waqitta oqip ishimizden aytip jursek bolama ham olardi otirganda,jatqanda oqiwga bolama yagniy sure ham duwalardin oqiliw tartipleri barma?Aldinnan juwaplar ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Сиз сораған диний терминер "Ибадаты исламия" китабында берилген.
Уламалар мүтәжлик намазын алтыншы күни сәҳәрде оқыў жақсы деген, басқа ўақытларда оқыса да болады.
Ҳәжетхана ҳәм соған уқсас патас жерлерде оқыў дурыс болмайды, сондай-ақ, ҳаял-қызларда ай көрген күнлери Қуран оқыўы дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллахи уа баракатух.
Сорауым томедегише мен дариханашы болып жумыс ислеймен келген наукасларга спирт сатыуга болама динимизде не делинген?
Ўа алайкум ассалам. Алыўшы оны ишиўин анық билип турып сатсаңыз, гүнакар боласыз. Ашық-айдын "сизге сатпайман, бул медицинада ислетиў ушын" деп айтыў керек. Ўаллаҳу аълам!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz
3 ayliq oqiw kursi haqqinda maglumat bere alasizba?
Нөкис қаласындағы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты жанында ашылған «Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд» ҳәм «Араб тили» курслары ушын тыңлаўшылар қабылланады.
Оқыў мүддети: үш ай
Төлеми: ең кем ис ҳақының төрт есеси.
Курс қатнасыўшылары: 18 жасқа толған барлық пуқаралар (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар)
Талап етилетуғын ҳүжжетлер:
1. Паспорт копия
2. Диплом яки аттестат копия
3. Сүўрет 3х5 4х5 көлемдеги 6-дана (арқа фоны ақ)
4. 086 - мед справка
Байланыс ушын телефонлар: +99861 229-03-20; +99899 955 58 28
Ҳүжжетлерди қабыллаўшы: Саламат Қудайбергенов
Есап бети:
Р/с 20212000603984877001
ҚҚ филиал ГАКБ «Асака банк» Нөкис қ.
МФО: 00625 ИНН: 202781898
ОКОНХ: 92120
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma akeykum ustaz.sorawim namaz oqip atirganimda mani shiqsa biraq oni namazdi oqip bolganimnan keyin bilsem namazim buzilgan bolama hukmi qanday boladi.
Ўа алайкум ассалам. Егер мәзий шықса, қайта таҳәрат алып, намазды қайтадан оқыйсыз. Егер мәний шықса, ғусл қылыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Менин сорауым бар еди. Халык арасында бир гап бар маркумды жерелер уакытта 1 ши болып казган адамлар кум таслау керек деп айтады, егер сол казган адам сол жерде болмаса кандай жол тутылады? Жуабыныз ушын алдыннан рахмет Алланын нуры жаусын.
Ўа алайкум ассалам. Бундай гәплерге исенбең. Бийкар гәп!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы