Ассаламу алейкум. Тахараттын фарз таркибин тусиндирип берсенис илтимас. Жакында куеим екеумис ютубта корип калдык,Суний бойынша дурыс тахарат алыу бойынща видеосын. Ол жерде гезек бетке келгенде еки коллап манайыннан суу жургизип беттин еки жагыннан шаш осип турган жерден жургизип томенге еки кол иекее ортасына келип такалады екен..Бирак бизлер бир коллап ягный он кол менен бетимизди жуып тахарат алатын едик. Сол устинен тартысыу кетти куйеуим менен. Кайсы тахарат дурыс екенлигин илтимас жазып жиберин. Себеби мен естиум бойынща тахарат дурыс болмаса намаз хам есапланбайды екен. Намаз окып жургениме 2 жыл болды.
Ўа алайкум ассалам. Таҳәратта жүзди жуўыў парыз әмел. Бунда еки қол менен жуўса да, бир қол менен жуўса да, толық жуўылса болды, парыз өтелген болады. Әдетте оң қол менен жуўылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум. Намаз уақытлары неге жіберілмей атырсыз? Илми бар узірлі адам, илимсіз үзірі жоқ адамларға Имамлық қылса болама? Жуап үшын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Намаз ўақытларын ўақтында жибериўге ҳәрекет етемиз. Имам болған адам ең кеминде намазға оқыйтуғын сүре ҳәм дуўаларын дурыс оқыўды ҳәм намаз ҳүкимлерин билиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
КАБР ЗИЕРАТИГА БОРИШ ТАРТИБИ ХАКИДА ТУШУНЧА БЕРСАНГИЗ АЁЛЛАР УЧУН
Шәриятымыз бойынша зиярат етпекши болған адам алдын жуўынып, зиярат қағыйдаларын бир қатар еслеп алыўы зәрүр. Егер хожалығы менен баратуғын болса, онда бала-шағасына зияратқа барыў, ол жерде жүриў әдеплери, дурыс кийинип барыў әдеплерин үйретиўи лазым. Өзи де барғаннан кейин қайсы аятты оқыйжағын бир қатар тәкирар етип, кимлерди дуўа етиўин бир еслеп алғаны мақул.
Қәбирстанға киргенде не ислениўи ҳаққында мына ҳәдисте айтылған:
Саҳаба Бурайдадан айтылыўынша, Пайғамбарымыз қәбирстанды зыярат қылыўға барғанда былай деген: «Ҳәй мөминлер, қәбирстан әҳли, сизлерге сәлем болсын. Қуда қәлесе бизлер де келип сизлерге қосыламыз. Өзимизге ҳәм сизге Аллаҳтан тынышлық-саламатлық тилеймен».
Пайғамбарымыздың бул сөзлери қәбирстанды зыяратламақшы болған ҳәр бир адамға қолланба болыўы керек. Қәбирстанға кирип марҳумларға сәлем бергеннен кейин, илажы барынша мәйитке жақын барып, қублаға қарап отырып, Қураны кәрим аятларынан тилаўат қылып, дуўа оқылады. Жақын барыўдың илажы болмаса, мүмкиншилиги болған жерден дуўа қылынады. Сахаба Жобир былай рәўият қылады: «Расулуллаҳ қәбирлердиң үстин ганч қылыўдан, үстине тас қойып, тасқа «Бисмиллаҳ»ты, «Лә илаҳа иллаллаҳ»ты ҳәм Қуран аятларын жазыўдан ҳәмде қәбирди басыўдан, я»ный оны аяқ асты қылыўдан қайтарды». Муслим рәўияты.
Барғанда да перзентлериниң әдеп пенен жүриўин бақлап барыўы керек. Бул ислер хожалық баслығының ўазыйпасы есапланады.
Инсан тирилигинде қандай ҳүрметке ылайық болған болса, өлгеннен кейин де сол ҳүрметте турады. Бул ҳаққында Аиша анамыз былай деген: «Расулуллаҳ ҳәм әкем Әбиў Бакр көмилген үйге оларды зыярат қылыў ҳәм үйди сыпырып, тазалаў ушын киргенимде, олардың биреўи ерим, екиншиси әкем деп орамалсыз кире беретуғын едим, кейин ала ол жерге екинши халифа Умар көмилгеннен кейин ол адамнан уялып, орамал жамылып киретуғын болдым». Имам Аҳмад рәўияты.
Салим бин Рофур қәбирстаннан өтип баратырып ҳәжети қыстап қалыпты. шериклери: «Ҳәжетке шығып алың, биз күтип турамыз», дегенде, ҳайран қалып: «Субҳаналлаҳ», я»ный Аллаҳ»а ант етемен, мәйитлерден тап тирилерден уялғандай уяламан, деген екен. Ал, саҳаба Ақаба бин Омир: «Қәбирстанда ҳәжет қылдың не, базарда ҳәжет қылдың не, екеўиниң де гүнасы бирдей болады», деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Мен сорау бермекши емеспен, озимнин рахметимди айтажакпан, себеби усы телеграм каналы аркалы ислам дини хаккындагы коп нарселерди уйрендим. Имкани болса буннанда кобирек хадис, Мухаммед пайгамбарымыздын омири, амеллери хаккында маглыуматлар берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar sorawim taza ay tuwilganda yagniy koringende ush ret iyilip salem beriledi sol durispa dinimizde aytilganba juwap ushin aldinnan raxmet jumislarinizga rawaj
Ўа алайкум ассалам. Таза айды көргенде төмендеги ҳәдисте келген дуўа оқылады, ийилип сәлем берилмейди.
Талҳа ибн Убайдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қашан таза айдың шыққанын көрсе, «Аллаҳым! Оны бизге қайырлы, берекетли қыл, ийман, саламатлық ҳәм Ислам менен шығар. (Ҳәй ай) мениң де, сениң де Рәббиң - Аллаҳ», дейтуғын еди».
Термизий ҳасан санад пенен рәўият қылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum wa raxmatullohi wa barakatuh! Hu'rmetli ustazlar sorawim to'mendegishe. Qaraqalpaqstan respublikasinda, Imam Al Buxariy Rahmahullahtin "saxix ha'dis" kitabinin toliq ekzemplyari barma? Qaraqalpaq tilindegi awdarmasi?. Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. "Саҳиҳи Бухарий"диң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы еле исленбеген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалом алейкум. 4 ракаатли намоз ўқиётганда 2-ракатда аттаҳиятни ўқиб кейин салавот ўқиб юборсак қандай тўғрилаймиз?
Ўа алайкум ассалам. Екинши рәкатта аттаҳияттан кейин салаўаттың "Аллоҳумма солли ала Муҳаммад" қатарын яки усыдан көбирек оқып қойылса, кейин қәтелескени есине түссе орнынан турып, намазын даўам еттиреди ҳәм төртинши рәкатта сәждәи саҳў қылады, яғный төртинши рәкатта аттаҳияттан кейин егер жалғыз оқып атырған болса еки тәрепине сәлем берип, жәмәәтқа имам болса бир тәрепине сәлем берип кейин еки мәрте сәжде қылады ҳәм және аттаҳият, салаўат ҳәм дуўа оқып намазын таўысады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum men waqtinda urliq islegen
Edim endi haqti qaytarip bereyin desem haq iyesin tabalmay atirman ne qilsam boladi
Tawbe qilsam allahtala keshiredima
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала тәўбеңизди қабыл еткен болсын. Ҳәр бир нәрсени өз ийесине қайтарып, разылық соралыўы керек. Егер ийеси ким екенин билмесеңиз онда алғаныңыз муғдарындағы нәрсени сол адамның атынан садақа қыласыз ҳәм шын қәлбтен тәўбе етесиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумма алийкум устаз.бул сорауларди берувден алдин уйалдим жане жуабин билмесемда болмади.1)Мен асрап алинган перзентбен тувилганимда мени тувиив уйине таслап кеткен сон ата анам асрап бакан.лекин бир диний имамлардан естим видоларинда "валади зинодан болган перзент жанатин ийсинде ийскей алмайди" .деди.булжерде менин гунам не уси гап дуриспа?2)Ен улкен гунам биржигитпен кизгезимде Зина етип сол жигит екувмиз уси гунамиз себеп уйленип таубеге келдик неке қийдирдик.Бирак бизлерди уйленувимизди Енем куевим анаси калемеди.мени кабил етпеди хазрде солай сол ушинба уйде урис коп еди Хамиледар гезимде куевим иниси мени жеркийтин адет шигарди сол урис депба я гунамиз себебима кайининим ишиме тевип балам ишимде шетнеп калди.Инисине ешкандай канунмен тергеу болмади бир Аллахга тапсирдим булжерде менин ренживим дуриспа ахир бийгуна баламда не айип еди.сол сол екен куевим уйине бармаймиз куевим касимда бирге бирак Хазрлери Енембетке бармаймиз.оларда келин демейд квартирада жасаймиз.Сораувим мен булжерде дурис килдимба ол уйде мени кабил килмаса Енемди нариза етипде бахт тападим Анамда акемде Нариза бизден себеп тойда баскада болмади еки кудалар катнаспайд арадан4-5жил отди Аллама шукир таувбелерим кабил болдима жане перзентли болдик хазрде кизим бар.лекин кевлим кемтик кувимен коп урисамиз 2-3марте куип жиберип талакта тусти ортамизга деп гумандаман,бирак негедир перзентимди акесиз етпийин деп жасапжурмен.Бизге копшилик ажрасип кетин турмиспа уси деп айтади.Асиресе Аналаримиз тусинбедим егер мен куевим анасин рази болсин десем менин анам разилигин алувим ушин куевимен ажрасувимизга кизимди жетим етувимизге дурис келиптур.Ен дурис жолди сизден сорамакшиман куевимен ажрасам дуриспа Талагимди бердеп?
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳәр қандай адам ийман келтирип, ийгиликли ислер қылған болса, жәннетке киреди.
2. Ерли-зайыптың ажырасыўын ата-ана ямаса басқа ағайин-туўғанлардың талап етиўи мүмкин емес, ҳаққы да жоқ. Ата-ана ҳәм басқа ағайин-туўғанлар менен шәрият буйырғанындай жақсы мәмиледе болыныўы керек, ҳәттеки олар жаман болса да. Биз соның ушын да мусылманбыз. Алдын қылған гүналар ушын тәўбе еткен екенсиз, Аллаҳ таала қабыл еткен болған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Аллах исинизди зияда кылсын. Сорауым 1. Саждеде кылган дууа кабыл болатугыны хаккында окып едим. Саждеде болганда намаздын ишинде кылган саждемизде субхана роббиал аъланы айтып болып ишимизден дууа кыламызба яки калеген уактымызда дууа кылсак сажде кылган халатта дууа кыламызба?
Ўа алайкум ассалам. Намаздан басқа ўақытта сәжде қылып турып дуўа қылыў нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Tasbix namazin oqiw juma ku'ni zawal waqtinda oqig'an mustahap delingen eken. Zawal waqti degen qanday waqit? Iltimas juwap kutemen. Aldin ala raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Бул орында заўал сөзиниң мәниси Қуяштың аўып баслаған ўақтынан яғный песин намаздың ўақты киргеннен баслап Қуяш батқанға шекемги ўақыт түсиниледи. Бирақ, намазлыгерден кейин нәпил намаз оқылмайды. Демек, Тәсбиҳ намазын песиннен кейин оқыў керек. Қаза намазы бар адамлар нәпил намаздың орнына парыз намазларын оқығаны дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум азиз устазлар менин сорауым дейинба жардем сыптаныда озлериниздин усынысынызба:
Мен бир кызды катты жаксы корип унататын едим ол маган сен мен ойлагандай инсан емессен, озине тарта алмай атсан кеулиндегидей емессен дейди, бирак 1 2 куннен жаксы мунасебетте болады кейин 4 5 куннен жане сол баягы аукал, мен оган кандай мунасебетте болганым макул озиме жакын инсан деп билейинба я оз халынша койып мунасебетлеримди узакластырайынба? Жууап ушын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Сизге бир неше нәсият. Биринши нәўбетте сиз қай жерге мүрәжат етип атырғаныңызға итибар бериң. Бул Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты. Бул жерде алды-қашты нәрселер болмайды. Бул жерде шәрият мәселелери, яғный ибадат, шәръий қарым-қатнас, алды-берди ҳәм соған уқсас фиқҳий мәселелер ҳәм тағы басқа да ислам дини илимлери бойынша сораўлар бериледи. Бизлер де сораўларға ядтан жуўап бермеймиз, ал алдын бул сораў бойынша қандай мәселелер көрилген, уламалар не деген, фиҳқ ҳәм тағы басқа китапларда не делинген ҳәммеси толық көрилип кейин сол тийкарда шәрияттың гәпин айтамыз.
Екиншиден, сизиң берип турған сораўдың өзи қәте. Мусылманшылықта намәҳрәм ҳаял-қыз бенен ушырасып жүриў қатаң тәризде ҳарам ис.
Сиз бундай жасырын ушырасыўларды жыйнастырың, оның орнына тыянақлы, Аллаҳтан қорқатуғын бир қыз таўып, некелеп үйлениң. Аллаҳ таала берекетин берсин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум балам 5 жаста азан окылмады ат койилганда.енди азан айтип ат койиуга кеш емеспа? Болама
Ўа алайкум ассалам. Болады. Мешит имам ҳәм наибларына хабарлассаңыз, азан айтып қояды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Sorawim minadan ibarat: Internette 1xbet degen oyin bar eken. Bul oyin qagiydasi boyinsha oyinshilarga pul tigiledi. Utqan puldi plastikke salip aliwga boladi. Eger utilsa tikken puldi alip qaladi. Bul oyin qimar oyinlar qatarina kirema?
Ўа алайкум ассалам. Бул қумар ойынға киреди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. Sorauim 4 jildan beri perzentsizbiz, meditsina jaginan toliq em alip boldiq jaqinda, bar umitimiz alladan, biraq enem ziyaratqa barayiq, atalarga barayiq, qabrstanda qonayiq dep ayta beredi kuyeuim yaxshi dep aytadi biraq barmaydi, menida jibermeydi, bunin qate ekenin bizler bilemiz eneme bunin shirk ekenin guna ekenin aytsaq tusingisi kelmey sizlerge perzent kerek emes dep qapa boladi, bizlerdin isimiz durisba? 2 sorauim bizler kuyeuim ekeumizde spirtli ishimlikler ishpeymiz hamme emge dep ishin esh narse qilmaydi dep ballarin korsetip mine sol siprtli ishimliktin paydasi dep aytadi. Bugan mende kuyeuimde qarsimiz. Biraq vrach magan kunige bir shishe spirtsiz pivo (bez olkogol) degendi ish dedi garmonlarga paydali eken, men ishpeymen desem vrash ishiu kerek dep tur bolmasa perzentli boliu keshige beredi diydi ne qilsaq boladi. Ozim qalemeymen buni. Aldinnan raxmet. Kop uaqittan beri perzentli boliudi oylap jurgenim ushin joqaridagi aytqanlardi qilip korsembe eken degen sezim payda bolip ishimde iymanim menen gures bolip atir. Toliq etip juap berseniz kop jardem bergen bolar ediniz.
Ўа алайкум ассалам. Қәбирстанлардан перзент сорап болмайды. Ол жерде жатқанлар да бизлердей бенделер. Олар бизлердиң дуўаларымызға, Аллаҳ тааладан оларға жеңиллик бериўин сораўымызға мүтәж.
Без алкогол пиво ҳаққында айтатуғын болсақ, мәс қылмайтуғын ишимлик, деп айырым орынларда жайыз деген, бирақ азырақ болса да тақўасы бар адам, бул ишимликтиң атын еситиўи менен ақ оннан тыйылады. Сондай ақ, айырым қәнигелер без алкогол деп айтылғаны менен мәлим бир муғдарда алкогол бар екенин де айтқан.
Уламаларымыз перзент көриўи кешиккен ерли-зайыпларға истиғфарды көп айтыўды усыныс еткен. Истиғфарды ҳәр күни жүз мәртеден, илажы болса оннан да көбирек айтылса, иншааллаҳ, Аллаҳ таала мәселени жақсы тәрепке шығарады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым соннан ибарат. Бир жерде окып едим "егер кимнин кулагы шынлаган уакытта Рассулуллах с.а.в мени еслесин маган салауат айтсын хам Zikrullahi Men zekerani bi hayrin десин" . Адамнын кулагы шынлаган уактында Пайгамбарымыз с.а.в Алланын алдында сол бендесин хаккында оны айтын онын хаккына дууа айтканында моминнин руухы буны анлап кулагы шынлайды делинге. Бул хаккында толык айтып берсениз
Ўа алайкум ассалам. Бундай гәплерге исенбең. Қулағыңыз шыңғырламаса да, Пайғамбарымыз алайҳиссаламға салаўат айтсаңыз жүдә пайдалы екени ҳәдислерде баян етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Tùngi waqitta tuqimliq shigip ketse, ùyde ģusil aliwģa uyde sharayati joq adam ne qilsa boladi? Taqarat alip tañ namazin oqiyberse bolama.
Ўа алайкум ассалам. Үйинде болған адам ғусыл ўәжиб болған ҳалда, таҳәрат пенен намаз оқыўы дурыс емес. Мусылман адам кемтар болып жасаўға шақырылған, бирақ бул ғусыл ушын шараят жаратпаў керек дегени емес. Уламалардан бирине сиз айтқан сораў берилгенде: "Алдын ғусылға шараят жаратып, кейин жунуб болсын", деген екен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар Алланын нуры жаусын сизлерге!
бир сорауым бар келиншегим менен ЗАГСте де НЕКЕде де бармыз.Бир кыз бир баламыз бар Алланын берген.Азгантаи келиспей калып едик телефон аркалы соилескенде (ол уйжагында болып атыр еди мен сырт елдемен)енди кайин енем менен келиншегим я телефоннан соилеспеиди я балларымды корсетпеиди меннен айып кеткен болса таубеге келдим.олардики дурыспа балларымды корсетпеимен деп отыр.маган кенес берсениз басым катып калды неге ондаи деп.
Алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала шаңарағыңызға аўызбиршилик, берекет берсин.
Жәмийетте айырым шаңарақлардың сизиң аўҳалыңызға түсиўине жасларда диний илимниң саязлығы, жас шаңарақлардың шаңарақ алдындағы жуўапкершилигин, ақыретте Аллаҳ тааланың алдында жуўап бериўин сезинбегенликтен ямаса улыўма билмегенликтен келип шығып атыр. Бул орында еки тәреп арасында қандай гәп-сөз өткени бизге намәлим. Бирақ еки тәрептен қайсы бири Аллаҳтан көбирек қорқатуғын болса, Аллаҳтың разышылығына көбирек ериспекшимен дегени болса, әне сол көбирек ҳәрекет етип шаңарақты сақлап қалады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!
Magan КАХФ surresinin tolıq oqiliwin, jazıp bere alasiz ba? Kirill ha'ripleri menen jazıp bere alasiz ba?
Ўа алайкум ассалам. Каҳф сүреси 110 аяттан ибарат. Жазылыўы ярым парадан көбирек. Соның ушын арабий жазыўынан оқығаныңыз мақул. Ҳәзирги күнде Қуран оқып үйренбекшимен деген адамлар ушын үш айлық арнаўлы курс Нөкис қаласында бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Бизлер турмыс курган уактында ата аналарымыз неке окытыуды айтпаган турмыс курганымызга 25 жыл болды 4 баламыз бар оларга азан айтып ат койылмады метрикадагы ат .сорау енди неке кыйдырыуга болама? Балларымызга азан айттырыуга болама? Куйеуим 52 жаста.озим 46 жастаман. Тан намаз окып атырман.
Ассаламу алайкум. Жасым өтип кетти, деп таслап қоймастан, еле де неке оқытыў керек. Кеш болса да, азан айттырғанның ҳеш зыяны жоқ. Ҳештен көре кеш жақсы.
Ата-ана алдында перзенттиң ўазыйпалары болғаны киби, перзенттиң алдында ата-ананың ўазыйпалары бар. Солардың ишинде ҳәр бир ата-ана өз перзентине Аллаҳты, жәннет-дозақты, биреўдиң ҳақысын жемеўди, ҳадал жасаўды, мудамы жақсылыққа умтылыўды, ҳәм басқа да билиўи лазым болған илимлерди үйретиўи лазым.
Айырым ата-аналар ўақтында өз ўазыйпасына итибарсызлық қылғаны, перзентлерине бул нәрселерди үйретпегени ақыбетинде шаңарақ қурғанда шәрт болған неке өз ўақтында қыйылмай қалған.
Перзентлер де ата-анасы үйретпеген болса да, ақылы тоқтап ақты аққа, қараны қараға айыра алатуғын жасқа жеткеннен кейин ең кеминди өзи излеп үйренип алыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы