Assalamu aleykum, xurmetli admin.Menin vijdanym qiynalyp qorqip aybli is qilyp jurmen. Sebebi 2 jildan beri 5 waqyt namaz oqip jur edym. Aqigi waqitlari joldan shaytan urdyma 5 waqitlyq namazymdi anda sanda oqip jurmen. Biraq tan namazimdy qaldirmay oqiyman. Kundizgi namazlarima erinyp yamasa qolim tyimey koshede juryp qalip sol sebebler qalyp qoyilip atir. Imanyimdy qalay kusheyitsem boladi??? Ozymdi ozym aldap jurgendeymen. Tek tan namaz oqip qoysamba degen oyda keledi bir payitlari. Iltimas magan jardem berin.otinish.
Ўа алайкум ассалам.
Ҳәзирги күнде қарақалпақ тилинде диний китаплар баспадан шығып атыр, соларды алып оқыўыңызды усыныс етемен.
Намаз оқыў Аллаҳ тааланың мөмин-мусылман бенделери ушын парыз еткен әмели. Намаз оқыў ҳәммеге де несип ете бермейди, айырым адамлар өмиринде бир мәрте де басы сәждеге тиймей өтип кетеди. Намаз оқыў Аллаҳ сүйген бенделерге ғана несип етеди, егер Аллаҳ сүйген бенделер қатарында болыўды қәлесеңиз, намаз оқың. Егер қәлемесеңиз, сондай бахыттан айырылып қаласыз. Негизинде бизлердиң намаз оқыўымыз, ораза тутыўымыз, ҳаж қылыўымыз, садақа бериўимиз ҳәм тағы басқа әмеллеримизге Аллаҳ мүтәж емес, ал бул әмеллерге биз бенделер мүтәжбиз. Усыларды қылып өзимиздиң бенделик миннетимизди орынлаймыз, усылар арқалы бенде екенимизди есте сақлаймыз, усылар арқалы Аллаҳға жақын боламыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум рахматуллаху баракатух!
Устаз Алла илиминизди зыяда кылсын.
Сорауым бар еди
1. Намаздын 2 ,3,4 ракатларында фатиха суреси хам зам суренин алдында , аузыубиллах пенен бисмиллахты айтыу жайызба . Жууаб ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
2,3,4-рәкатларда фатиҳа сүресинен алдын истиъаза (әъуўзу билләҳ...) оқылмайды, бирақ басмала (бисмилләҳ...) оқылады. Зам сүреден алдын екеўи де оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum. Ustaz daret aliw ulgisin telefonga programmasi bar bolsa. Iltimas telegrammga "paziylet.uz" gruppasina taslap qoysaniz.
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақ тилинде еле ондай программа шықпады. Ҳәзирше тек Қураны кәрийм мәнилериниң аўдармасы программа ҳалында шықты.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ва рахматуллоху баракатух. Аллах исинизге берекет берсин. Сорауым Тасбех намазы хаккында толык маглыумат берсениз, окылыуы, кандай зам сурелер окылады, дууалары хаккында тартибин айтсаныз.
2 сорауым. Жаназада мархумды гусыл кылдырыв ушын 12 мушеси сау инсанлар кириуи керек дейди сол хак гаппе, бул хаккында хадислерде келгенбе. Мысалы ишки органдарынан биреуи кемис болсада кирмейди деген гапти еситип каламыз гейде жаназаларда.
Ўа алайкум ассалам.
1. Тасбиҳлер намазы.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аббас ибн Абдулмутталибке:
«Ҳәй Аббас! Ҳәй әмеки! Саған берейин бе? Саған рейим етейин бе? Сени иззет етейин бе? Сени он қәсийетли етип қояйын ба? Қашан сен соларды қылсаң, Аллаҳ сени гүналарыңды: алдыңғы ҳәм кейинги, ескиси ҳәм жаңасы, қәтелесип ҳәм қастан, үлкен ҳәм кишисин, жасырын ҳәм әшкарын кеширеди. Сол он қәсийет: төрт рәкәәт намаз оқыўың. Ҳәр рәкәәтта «Фатиҳа»ны ҳәм бир сүре оқыйсаң. Биринши рәкәәтта қирәәт қылып болсаң, турған ҳалыңда: «Субҳаналлоҳи ўәл¬ҳамду лилләҳи ўәлә иләҳә иллалоҳу ўаллоҳу әкбәр» деп он бес мәрте айтасаң. Соң руку қыласаң ҳәм рукуда турған ҳалыңда оларды он мәрте айтасаң. Кейин сәждеге қыласаң ҳәм оларды сәжде еткен ҳалыңда он мәрте айтасаң. Кейин басыңды сәждеден көтерип, оларды он мәрте айтасаң. Кейин сәжде қылып, және он мәрте айтасаң. Кейин басыңды көтерип (отырып) оларды он мәрте айтасаң. Булар бир рәкәәтта жетпис бес мәрте болады. Буны төрт рәкәәтта да қыласаң. Егер бул намазды ҳәр күни оқый алсаң, усыны қыл. Егер қыла алмасаң, ҳәр жумада бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, ҳәр айда бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, ҳәр жылы бир мәрте қыл. Егер оны да қыла алмасаң, өмириңде бир мәрте қыл», деди».
Басқа бир рәўиятта:
«Егер сен Жер әҳлиниң ең үлкен гүнакары болсаң да, әлбетте, оның менен сен кеширилесең», деген қатар қосылған.
Әбиў Даўыт рәўият еткен.
Термизийдиң рәўиятында:
«Егер гүналарың қум төбесиндей болса да, Аллаҳ оларды сеннен мағфират қылады», делинген.
Шолыў: Бул ҳәдисти Әбиў Даўыт ҳәм Термизийден басқа Ибн Мажа, Байҳақий, Ибн Хузайма, Ҳәким, Ибн Ҳиббан, Ибн Мүбәрек, Табараный, Хатиб, Ажурий, Әбиў Саъид ас-Самъаний ҳәм Әбиў Муўса Мананий ҳәм Имам Бухарый «Жузул Қуран»да рәўият еткен.
Ибн Әбиў ас-Сайф ал-Яманий «Ал-ламъа фий рағоиби яўмил жумъа» китабында Термизийдиң төмендеги гәпларин келтиреди:
«Тәсбиҳлер намазын жума күни заўал ўақтында оқыў мустаҳаб. Биринши рәкәәтта «Фатиҳа»дан кейин «Тәкәсур»ды оқыйды, екиншисинде «Ўәл аср»ди, үшиншисинде «Кәфируўн»ды, төртиншисинде «Ихлас»ты оқыйды, деп турып ақырында оқыйтуғын қосымша дуўаны да келтирген.
Әбиў Усман ал-Хайрий аз-Зәҳид:
«Қыйыншылықлар ҳәм ғам-қайғылар ушын тәсбиҳлер намазынан жақсы нәрсе көрмедим», деген.
2. Мейитти суўға ендириўде ден-саўлығы пүтин, күшли, ғайратлы адамлардың киргени мақул, себеби мейитти көтериў аўдарыў, кепинлеў ҳтб ислери бар. Басқа мақсетте емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, мен тан намаз окып баслап едим бирак 2-3 куннен берли уйкыдан тура алмай окымай калдым.Сорау мен усы журисде дауам ете берейин ба яки анык таяр болгансон окып баслайын ба?
Ўа алайкум ассалам.
Намаздың парыз болыў ўақты балағатқа жетиў менен белгиленеди. 2-3 күннен берли таң намазға тура алмаўыңыз ериншеклигиңизден. Ҳәзирги күнде саат 07:20 әтирапында қуяш шығады, демек таң намазды жетиден жигирма минут өткенше оқыса болады. Саат жетиге шекем уйқылаў тек намазхан адамға емес, улыўма өзин мусылман санайтуғын адамға да жараспайтуғын ис. Ерте турыўға ҳәрекет етиң, нәпси ақыл менен басқарылмаса, нәпси адамды басқарады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum zamanlaslar bir soraw tuwilip tur men bir adamga araga tusip telefon alip berdim bolip beriwge endi ol adam kelsilim boyinsha 2.5.mln alip edi endi ol magan 2 mln aldim dep otir ortada bir guwa bar edi olda ana adamnin tarepin alip tur endi telefondi algan magazin ana balani shaqirtip telefonin alip qoygan endi beretin 500 min qalip tur ol bala men ol puldi tolemeymen dep aytti al magazin sen aldin sen beresen diydi til xat pasport kopya eshtene joq ortada ana balaga aytqan 1 haptede teleni akelmesen teleindi satip jiberemiz dep ol bala magan zv etip 1 hapte de bermesen ustinnen jazaman dep atir maslahat berin men nahaqtan janip otirman bermesem magazinshini aldagan bolip qalajaqpan bereyin desem ol puldi ana bala beriw kerek eger men bermey qalsam magan guna bolama
Ўа алайкум ассалам.
Алды берди мәселесин жазып барыўды 14 әсир алдын Аллаҳ таала Қураны кәриймде буйырған.
Үш тәреп те шақырылып ортадағы түсинбеўшилик шешилиўи лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma a'leykum.Biz ku'yewim menen zaks arqali nekeden o'tip qoyippiz.Sizge sorawim bizler musilmansha neke oqitiwin'iz sha'rtpe ha'm oni qansha waqitta oqitiw kerek?Juwap ushin aldinnan rahmet!
Ўа алайкум ассалам.
Шәръий неке ҳәр бир шаңарақ ушын шәрт. Шәръий неке оқытылмаса, ол Аллаҳтың алдында ерли-зайып есапланбайды, бирге жасаўы да дурыс болмайды.
Шәръий некени Қарақалпақстанда Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы қәлеген мешитте оқытыўыңызға болады. Буның ушын Пхаж дан өткенлигиңизди билдириўши ҳүжжетиңизди алып барыўыңыз керек.
Шәръий некени оқытыў көп ўақыт талаб етпейди, 10-15 минут ишинде оқып болынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум баланын кулагына азан айтилип ат койилмады. 1. Енди айтип койсак болама? 2 сорау азан айтыуды уйретсениз
Ўа алайкум ассалам.
1. Болады.
2. Намаз китапларда келген.
Алло'ҳу әкбар (4-мәрте).
Әшҳәду әллә' илә'ҳә иллалло'ҳ (2-мәрте)
Әшҳәду әннә Муҳаммәдәр росу'лулло'ҳ (2-мәрте)
Ҳаййә ъала солә'ҳ (2-мәрте)
Ҳаййә ъаләл фәла'ҳ (2-мәрте)
Алло'ҳу әкбар (2-мәрте)
Лә' илә'ҳә иллалло'ҳ (1-мәрте)
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Bereket risq beretin duwalardi uyretseniz raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Ўақыя сүреси оқылса, ырысқының кең болыўына себеп болыўы айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum va rohmatullohi va barakotuh, uyda namoz o‘qiyotganda ovoz chiqarib o‘qiladimi? Yoki ovoz chiqarmay faqat o‘ziga eshitiladigan qilib o‘qiymizmi?
Ўа алайкум ассалам.
Намаз үйде болсын, мешитте болсын яки сапарда болсын, жәҳрийлери жәҳрий етип, иштен оқылатуғынлары иштен оқылады.
Таң, шам ҳәм қуптан намазлары жәҳрий намазлар. Песин ҳәм намазлыгер намазлары иштен оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim palenshe kitap ashadi. Onin' pa'tiyasin aliw kerek. Sharapati tiyedi degendi kop esitemiz. Bul qanshelli duris. Kitap ashtiriw degen tuwrima? Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум.
Китап ашады, деген сөз әдетте палкерлерге, азайымханларға ислетиледи. Мусылманшылықта палкерге де, азайымханға да барыў дурыс емес. Буларға барыў тек ғана дурыс емес болып қалмайды, ал буларға барыў адамды диннен шығарады. Қайсы себеп пенен буларға барғанлар ийманларын жаңалап алыўлары керек.
Демек бундай адамлар мусылманшылықта жоқ екен, олардан пәтия алыў да улыўма дурыс емес. Олардың китап ашыўы, яғный пал ашыўы ямаса "келешектен айтыўына" исениў де мүмкин емес.
Пәтия "фатиҳа" деген сөздиң бузып ислетиўинен пайда болған сөз. Фатиҳа сөзиниң мәниси "ашыў", дегени.
Аллаҳға жақын болған әўлийелер, уламалар, тақўалы адамлар, сондай-ақ, дуўасы қабыл болатуғын адамлардан дуўа сораў дурыс ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум
Неке қийиу хаққинда толиқ мағлиумат берсеңиз устаз жұуап ушин алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
Некели ҳалда жасаў Пайғамбарымыздың сүннети.
Неке қыйдырмастан жасаў мүмкин емес, неке қыйдырмастан шаңарақ қурғанлар мусылманшылық бойынша ерли-зайып есапланбайды.
Неке қыйдырыў бул бирге жасамақшы болған ер адам ҳәм ҳаял адамның разылығын сораў, бунда оларға еки еркек адам гүўа болыў шәрт. Және мәҳр мәселесин де келисип алыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz.
Bir adamdi tuwri jolga basin buriw ushin. Ogan senin mina amelinnin kesirinnen dozaqqa tuskenindi tusimde kordim desem. Gunahqa batip qalamanba?
Ўа алайкум ассалам.
Аллаҳ тааладан инсап-таўфиқ сорап дуўа етиң. Бирақ өтирик нәрсени түс көрдим деп айтыў ҳасла мүмкин емес.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Өтириклердиң ең жаманы – көрмеген нәрсесин көрдим, деп айтыў», деди».
Түсиндирме: Көрмеген түсин, өтириктен көрдим деп айтыў өтириклердиң ең үлкени ҳәм аўыр гүна болады. Себеби бул туўрыдан-туўры Аллаҳның атынан өтирик тоқыў болады. (Алтын силсиле китабынан).
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assaalawma aleykum. Menin sorawim tomendegishe: Men namaz oqiwdi qaleymen, jumistan kesh qaytaman sol sebepli tan namazin oqisam bolama? Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Намаз оқыў ҳәр бир балағатқа жеткен мусылманға парыз. Басқа намазларды оқымай тек таң намаздың өзин оқып жүргенлер мойнындағы бес ўақыт парыздан биреўин ғана өтеген болады, қалған төртеўи қала береди. Улыўма намаз оқымағаннан бир ўақыт болса да намаз оқып жүрген абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Рукия (Ruqiya) деген не? Толыгы менен жуап берсениз...
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Кулпы таска мархумнын суретин салуга болмайма?
Ассаламу алайкум.
Қулпы тасқа марҳумның сүўретин салдырыў басқа динлерден кирип келген. Бундай ис мусылманшылықта жоқ. Мусылманлар бундай исти қылмаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ясийн суреси кандай кезде кай жерде окылуы керек? Зияратда окылса болама?
Ўа алайкум ассалам. Қуран сүрелерин қандай ўақытта ҳәм қай жерде оқыса да болады. Алдынғы уламалар таң намаздан кейин Ясин сүресин оқыўды жолға қойған. Қуран аятлар таза, пәкизе жерлерде оқылыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар !!! Мийримли Раббим еки дуньянын жаксылыгын инам етсин сизлерге. Елимнен алыста жургениме 15 жылга толады, кыйналганда , жалгызсыраганымда, Кураннан рууханый куш аламан калбим тынышланады, женил сезинемен, сабырлы бол деп озиме озим таскинлик беремен. Окыган аят хам сурелеримнин аудармасын хар дайым излеймен манисин тусиниуге. Жуда кууанышлыман, каналдагы коп нарселер ди окыйман, Оз тилимизде жуда тусиникли, хам анык жууаплар аламан. Аллахым ислеринизге береке берсин. Сорауым бар еди. Хар дайым тауып алган затымды ийесине кайтаруды озиме адет еттим . Аллама хамдлер болсын напсимди тыйыуды уйреткен. Жолдан алтын тауып алдым ийесине кайтып бериудин дымда илажы жок ( ийесин табыу мумкин болмаган халда тауып алдым) насраний дини белгиси хрестик еди. Тауып алган затты ийесине бериу керек табалмасан ийесин , мутаж адамга бер дегенди окыганым бар. Агам дуньядан отип 3синлим жетим калган еле кишкене соларга берсембе деймен, бирак хрестикти сатып пулын берсем деп едим , мумкинбе? Хрестикти берсем, олардын диннен тусиниги жок екенин анык билемен мойнына тагып алама деп ойлайман . Сатып пулын берсем калай болады ? Жууап ушын Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте мусылманшылықта биреўдиң ҳақын жемеўге үлкен әҳмийет қаратылған. Биреўдиң ҳақы, ийеси разы болмағанша ҳадал болмайды. Бунда оның мусылман яки мусылман емеслигинде парық жоқ. Биреўдиң ҳақын жеген адамның дүньяда да, ақыретте де жүзи қара болады.
Биреўдиң нәрсеси таўып алынғанда, ол буны таўып алғанына бир адамды гүўа етиўи керек ҳәм бир жылға шекем сыпатын айтпастан таўып алғанын жәриялайды, егер ийеси келип сыпатларын айтса, қайтарып береди.
Егер бир жылға шекем ийеси шықпаса, онда оны өзи пайдаланса болады, таўып алған адам ислетип жибергеннен кейин ийеси шықса, оны төлеп береди.
Ийеси шықпаған нәрсени таўып алған адам бай болса, жарлы адамларға бериўи усыныс етиледи, егер өзи мүтәж болса, өзине ислетеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллоху уа баракатух жууаплар ушын коп рахмет... сорау уйхлаганда бас кайсы тарепке каратип уйхлау керек?
Ўа алайкум ассалам. Уйқылағанда жүзди қубла тәрепке қаратып, оң тәреп пенен жатылады. Уйқылаўдан алдын таҳәрат алып, Ихлас, Фалақ ҳәм Нас сүрелерин оқып жатыў сүннетке муўапық ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1.Assalawma aleykum ustazlar sorawim tomendegishe.
Olgen Marqumnin Jayin Gervishten qoyiw kerekpa ya bolmasa Agashtan qoyiw kerekpa
2.Men jaqinda Magazin ashtim Aziq awqat Sol jerde Sigaret Naspay Araq satiwga bolama juwapp ushun aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Адамлар пайдаланыўы мүмкин болған, адамларға керекли нәрсени қәбирге ислетиў мүмкин емес. Әдетте қәбирлер ылай менен сыбалып, белги ушын бир тас қойыў керек.
Қәбирстан әтирапы оралмаған болса, қәбирге басқа ҳайўанлар яки адамлар түсип кетпеўи ушын ағаш пенен қоршап қойса болады.
2. Мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы