Асссалаума алейкум озим ишпеймен шекпеймен атпаиман намаз окыу ниетинде журмен
Сорауым азык аукат магазиним бар Сол орында спиртли хам темеки сатуга болама я харам ба алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
Аллаҳ таала ибадатлы болып жүриў бахытына жеткерсин. Мәс қылыўшы ишимликти ишиў ҳарам екенин билер екенсиз. Енди оны тек ғана ишиў емес, ал оны ишиўдиң қасында, биреўге иштириў, сатыў, көтерип алып барыў, ортада араласыў, соған жол көрсетиў, ишиўине себепши болыў ҳәм усыған уқсас мәс етиўши ишимликке байланыслы ислер де ҳарам екенин билиң.
Аллаҳ таала ҳарам еткен ишимликте ҳеш ўақытта да берекет болмайды. Сиз өз исиңизге берекет жаўыўын қәлесеңиз, адамлардың ғарғысына алып келетуғын бундай нәрселерди сатыўды қойың. Себеби берекетти бериўши Аллаҳ. Ал Аллаҳ Өзи ҳарам еткен нәрседе берекет бермейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz sizge sorawim?
Muslima qizlar qalay kiyiniwi juriw adebi haqqinda toliq tusinikdi qaysi kitablardan alsam boladi? 2 sorawim tan namazga turiwim qiyin bolip atir nerivtan awiriwima baylanisli dari iship emlenip jurmen dariler kop uyqlatip jur
Ўа алайкум ассалам.
1. Кийиниў әдеплери ҳаққында Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың "Ижтимоий одоблар" китабында жазылған.
2. Аллаҳ таала кәмил шыпа берсин. Қыс мәўсиминиң жақынласқаны сайын күндиз ўақты қысқарып, таң намаздың ўақты сүрилип атыр. Ҳәзирги күнлери биймәлел таң намазды өз ўақтында оқыса болады. Мусылман адам мудамы ерте турыўға әдетлениўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
assalawma alikum.juwabinizga qatti mutajban.enemnin dini isamasix eken. ozim alhamdulillah musilmanman kuyewimda musilman. bir perzentimiz bar.enem sebepli kuyewimnen ajrasajaqpan. enemdi bul dinnen qaytariwga kop hareket ettik biraq bolmadi.iltimas maslahat berseniz
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала ҳидаят берсин. Күйеўиңиздиң анасы басқа динде болыўы, сизиң күйеўиңиз бенен некеңизге зыяны жоқ. Намазларыңыздан кейин Аллаҳ тааладан оның ушын ҳидаят сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum.
Bir adam namaz oqip araq satsa ol adamdi qanday qilip ol joldan qaytarsa boladi
Ўа алайкум ассалам.
Аллаҳ таала бундай нәрсени сатыў мусылман адам ушын үлкен гүна болыўын, буның жазасы дүньяда да, ақыретте де болыўын түсиндириң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum wa Raxmatulloxu barakatux! Ustaz sizden Аllaxim ozi razi bolsin! Usinday qayirli islerdi, sawapli amellerdi islep atirganiniz meni qattiga quwandirdi. Allax sawap dapterlerinzdi hesh qashan jawmasin. Iygiliginizge iygilik qossin allaxim.
Ўа алайкум ассалам. Әмийн!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Хурметли устаз мен алдын намаз окыйтын едим.Хазир окып жургеним жок балам бар еди коп ауырады жакында окип басласам окымай калган намазларымдыда косып окыйманба жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала балаңыздың саламатлығын берсин. Оқылмай қалған күнлердиң парыз намазларының ҳәм ўитр намазының қазалары оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Мен машина айдаганлыгым ушын хар куни бале казелерден асырыушы дууа (бисмиллахиллази лаа язурру маьа исмихи шайьун фил арзи ва лаа фиссамааи ва хувас самийьул алийм)ны окып журемен , бирак бугин усы дууаны окыуды умытып кетиппен хам пышыкты кагып кетип олтирип койдым. Кыйналып олгенин корип жургеним бир турли болды, енди гунамды жууыу ушын кандай дууа окысам болады.
Ўа алайкум ассалам. Истиғфар айтыў ҳәм бул исти қайта қылмаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Ташкент ислам институтынын арнаулы сырткы болимине баска жумыста ислейтугынлар окыуга тапсырса болама ямаса тек гана имам ямаса молла болып ислеп жургенлер тапсырама.
Ўа алайкум ассалам. Ташкент ислам институтының сыртқы бөлими тек ғана орта мағлыўматқа ийе болған, мешитлерде имам болып ислеп атырғанлар ушын арнаўлы тәризде ашылған. Оған басқа исте ислеп атырғанлар тапсыра алмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз!Сорауым бар еди Алланын бергени бир кыз бир улым бар тез тез кастеленип турады куйеуим тауганы кобинше дари дармака кетеди олар ауырмауы ушын улума уйимде берекет болыу ушын кайсы сурелерди окып журейин устаз?
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала кәмил шыпа берсин. Қураны кәриймниң қайсы сүреси оқылса да, үйге берекет киреди, себеби ол Аллаҳ тааланың кәламы. Китапларда уламаларымыз Ўақыя сүресин оқыўды усынған екен.
Сондай ақ, ҳәдиси шәрийфте айтылыўынша, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қыйыншылық ўақытта "Лә' илә'ҳә иллалло'ҳул Ази'мул Ҳали'м. Лә' илә'ҳә иллалло'ҳу Роббул аршил ази'м. Лә' илә'ҳә иллалло'ҳу Роббус сәмә'ўә'ти ўә Роббул арди ўә Роббул аршил кәри'м", дейтуғын болған. Демек, жоқарыдағы дуўаны ықлас пенен айтып, Аллаҳтан мүтәжлигимизди сорасақ, иншааллаҳ дуўамыз қабыл болады. Себеби бул дуўада исми аъзам сөзлери келген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Men namaz oqip taslap kettim endi ne qilsam boladi ma'sla'ha't beriwin'izdi soranaman.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў Аллаҳ тааланың мөмин-мусылман бенделери ушын парыз еткен әмели. Намаз оқыў ҳәммеге де несип ете бермейди, айырым адамлар өмиринде бир мәрте де басы сәждеге тиймей өтип кетеди. Намаз оқыў Аллаҳ сүйген бенделерге ғана несип етеди, егер Аллаҳ сүйген бенделер қатарында болыўды қәлесеңиз, намаз оқың. Егер қәлемесеңиз, сондай бахыттан айырылып қаласыз. Негизинде бизлердиң намаз оқыўымыз, ораза тутыўымыз, ҳаж қылыўымыз, садақа бериўимиз ҳәм тағы басқа әмеллеримизге Аллаҳ мүтәж емес, ал бул әмеллерге биз бенделер мүтәжбиз. Усыларды қылып өзимиздиң бенделик миннетимизди орынлаймыз, усылар арқалы бенде екенимизди есте сақлаймыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum rahmatullohu wa barakatuh.
Sorawim bilay edi aziz ustazlar ha'zirgi ku'nde da'sturge aylan'g'an tusaw kesiw mersimi ilsam dininde barma?
Toliq juwap berin' iltimas bul qanday amelge kiredi
Ўа алайкум ассалам. Тысаў кесиў ҳаққында аәтылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауым содан ибаратки хаял адам хайиз уактинда зикир окуына болама хамде егер окылмаса араси узилиб калмайма изин дауам етиб окыса болама ямаса басыннан баслау керекпа.
Ўа алайкум ассалам. Ҳайыз болған ҳаял-қызлар Қураны кәриймди оқыўы мүмкин емес, оннан басқа зикир, дуўа, салаўатлар ҳтб лар мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорау: 12 жастан кейинги калып койган бир кунлик 5 уакыт каза намазларымызды избе из окып журсек болама?
Мысал ушын тан намаздан алдын ямаса кейин Бир кунде окылатугын 5 уакыт каза намазымызды избе из окып журиуге болама?
Ўа алайкум ассалам.
Намаз он еки жастан оқыў керек деп айтылмаған, ал балағатқа жеткеннен баслап оқыў кереклиги айтылған. Балағат жасы ҳәр кимде ҳәр түрли болады.
Үш ўақытта, Қуяш шығып атырғанда, Қуяш тикке келгенде ҳәм батып атырғанда оқылмайды, басқа ўақытларда оқыса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, сорауым бар еди: хазирги уакытта консы-кобалар арасында "Дарушана" береийк деген нарселер бар, усы "дарушана" хаккында тусиник берсиниз. Жууап ушын алданнан рахмет, Аллах Сизден разы болсын
Ўа алайкум ассалам.
Дәрўишана мәресими ҳаққында диний китапларымызда жазылмаған.
Бул садақа көринисинде болатуғын бир жыйын. Ески дәўирлерде халық ишинде жүрген, жасаған дәрўишлер, жарлылар, жетим-жесирлер ҳәм басқа жоқсыллар ушын халық жыйналып садақа етип беретуғын болған. Ҳәзирде де айырым жерлерде қылынып турады, бирақ алдыңғы дәўирдеги жол жорықта емес. Себеби ҳәзирде алдыңғы дәўирлердегидей нанға зар адамлар жоқтың қатарында.
Бул исти қылмақшы болғанлар жетим-жесирлерге жәрдем бергени мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум! Мен песин намазын откерип койдым! Кашан казасын окысам болады? Рахмет!
Ўа алайкум ассалам.
Қанша тезирек оқысаңыз, сонша жақсы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар! Хаялларга жума намазынын окылыуы калай болады.Ер ададлардын окыганындай 4 ракат суннет , 2 ракат фарз ,4 ракат суннет болып окылама . Ямаса кунделикли 4 ракат фарз етип окый беремизбе? Алла разы болсын сизлерден. Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлардың жәмәәт намазына шығыўы шәрият ҳүкими тәрепинен қарайтуғын болсақ, ибадаты исламия китабында бул ҳаққында былай делинген: "Жас ҳаяллардың ҳәр қайсысы намаз ушын жәмәәтке шығыўы мәкириў. Бирақ, қартайған ҳаяллардың тек песин ҳәм намазлыгер намазына жәмәәтке шығыўы мәкириў болады. Оннан басқа намазларға қартайған ҳаяллардың шығыўы мәкириў емес".
Ҳаял-қызлар жума намаздың орнына үйинде песин намазды оқығаны саўаплырақ болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.уактында окылмай калган намазлардын окыу тартиби хаккында анык маглыумат берсениз.алдыннан рахмет.
ҚАЗА НАМАЗЫ
-Бир адам бир намазды үзир себепли өз ўақтында оқымаса не қылады?
Соң қаза қылып оқыйды.
-Бир адамның бир намазы қаза болып, екинши намазының ўақты кирип қалса, ол адам қайсы намазды оқыйды, яғный әўел қаза болған намазды оқый ма яки ўақты кирген намазды оқый ма? Мәселен, песин намазы қаза болып, еле қазасын оқымай, намазлыгер ўақты кирип қалса, алдын песин намазының қазасын оқый ма яки намазлыгер намазын оқый ма?
Өмиринде намазларын бес мәртеден артық қаза қылмаған адам болса, әўел қаза болған намазын оқып, оннан соң ўақты кирген намазын оқыў парыз болады. Қаза болған намазын оқымастан, ўақты кирген намазды оқыўы дурыс емес. Бирақ, өмири даўамында бес намаздан артық қаза қылған адамнан бул тәртип сақыт болады. Яғный, оған тәртип парыз емес, ол тәртип ийеси емес. Демек, ол адам қәлесе, алдын қаза болған намазын оқыйды.
-Тәртип сақыт болмаған адам қаза намазды есинен шығарып, ўақты кирген намазды оқыса, намазы тамам болмастан қаза болған намазы есине түссе, оқып турған намазы бузыла ма?
Бузылады.
-Ўақты кирген намазды оқып тамам қылғаннан кейин қаза қылған намазы есине түссе, оқылған намазы дурыс бола ма?
Дурыс болады, басынан баслап оқыў лазым емес.
-Қаза болған намазға кирисетуғын болса, кейинги намаздың ўақты шығып кетиўи қәўипи болса, әўел қайсы намазды оқыйды?
Әўел ўақты кирген намазды оқыйды, қаза намазды оннан кейин оқыйды.
-Үзирсиз бир намазды өз ўақтында оқымастан қаза қылып, қалдырыў дурыс бола ма?
Дурыс болмайды, әлбетте, ондай қылыў үлкен гүналардан есапланады.
-Бир күнниң бес ўақыт намазы қаза болса, әўел қайсысын қаза қылады?
Таң намазынан баслап қуптан намазына шекем өз тәртибинде қаза қылады.
-Қаза болған намаздың тек парызын оқый ма ямаса сүннетин де оқый ма?
Тек парызын оқыйды, сүннетин оқымайды, бирақ таң намазы қаза болған болса, песин намазының ўақты кирместен бурын қазасын оқыса, ол ўақытта таң намазының сүннетин де қосып қаза қылады.
-Ўитр намазы ўақтында оқылмаса, қаза қылына ма?
Қаза қылынады.
-Жума ҳәм ҳайыт намазлары ше?
Қаза қылынбайды. Жуманы оқымай қалған адам, орнына песин намазын оқыйды. Бирақ, ҳайыт намазын қаза да қылмайды орнына оқылатуғын намаз да жоқ.
-Таң намазы, шам намазы, қуптан намазы қаза қылынғанда әўелги еки рәкәәтлер даўыс шығарып оқыла ма ямаса ишинен оқыла ма?
Усы намазлар жәмәәт пенен қаза қылынса, даўыс шығарып оқыў имамға ўәжиб болады. Жалғыз қаза қылыўшыға ишинен оқыўы ўәжиб есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум. Сорауым бопенин бесигин еки адамлап котерме дейди жане кийимлерин тунде сыртка жайып койыуга болмайды деп айтады улкен ана-апаларымыз, бул гаплер динимизде айтылганба. Алла разы болсын сизлерден.
Ўа алайкум ассалам.
Бундай гәплер өзине жараса себеплерден келип шыққан болыўы керек. Бир адамға қарағанда еки адам көтергенде бесикти түсирип жибериў итималы көбирек болады. Түнде кийимди жайыў мәселеси де сол.
Бундай гәплердиң шәриятқа байланысы жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз.Сорауларыма жуаплар алып атырман.Бул ийгиликли исиниз Алла даргайында кабыл болсын.Жане сорауым бар еди кишкене бала мазаси болмаса я жылай берсе коз тийди деседи сол дурыспа улума тил коз деген гаплер шариатта барма?
Ўа алайкум ассалам.
Көз тийиўи бар. Оннан сақланыў ушын Фатиҳа, ықлас, фалақ, нас сүрелерин оқып жүрсе пайдасы бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум мен бул дуанин жазылу кандай болатугинлигин билалмай отирман жардем берсениз . ЛА ИЛЛАХА АНТА СУБХАНАКА ИННИ КУНТУМ МИННА ЗОЛЛИМИН. Сол дурыспа жазылуы окыганда кате окылып кетпеуи ушин дурыс жазба турин жазиб жиберсениз .
Ўа алайкум ассалам.
Әлбетте, арабша текстинен оқыған мақул, бирақ көпшиликте арабий саўат болмағаны ушын дуўалардың оқылыўын кирил әлипбесинде жазамыз.
Жоқарыдағы дуўа Юнус алайҳиссаламның дуўасы болып, оның оқылыўы төмендегише:
Лә' илә'ҳә иллә' әңтә субҳа'нәкә инни' куңту миназзо'лими'н.
Изинен мына ' белги қойылған ҳәриплер созып оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы