Assalawma Aleykum menin sorawim oraza ayinda hayalimiz benen jinisiy qatnasiq bolama
Ўа алайкум ассалам. Тутық ўақытта жеў-ишиў ҳәм жынысый қатнасық тоқтатылады. Кеште қуяш батқаннан таң атқанға шекем бул ислер жайыз, яғный қылса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleyum. Sawapli islerdi ha`r ku`ni qilip atirgan` Sizlerge Allahtin` nuri jawg`ay. 2. Dinimiz ayirim adamlardin o`zleri dindar ha`m taqwadar bolip turip ozin maqtap menin dualarimnin` arqasinda palenshe palen boldi, bir zatlarg`a eristi dewge, qalay qaraydi? 3. Ake ha`m anada balanin` haqlari qanday? Raxmet. Allah ziyad etsin.
Ўа алайкум ассалам.
2. Мусылманшылықта менменлик, өзин мақтаў, өзинде жоқ сыпатларды айтыў дурыс емес екенлиги ашық-айдын нәрсе.
3. Перзенттиң ата-анадағы ҳақлары, яғный перзенти ушын ата-ана ислеўи керек болған ислер, булар: перзентин ер жеткенше мәнаўий ҳәм материаллық тәрептен тәминлеўи, туўылғанда оған шырайлы исим қойыў, қурбы жетсе ақыйқасын бериў, тәлим-тәрбиясына итибар бериў, балағатқа жеткенде мусылманшылықты үйретиўи, ҳтб. Ата-ананың перзенти алдындағы ўазыйпалары ҳаққында "Бахтыяр шаңарақ" ҳәм "Кәмил инсан", китапларынан толығырақ мағлыўмат алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым: Намаз окып атырганда 4 ракатлы намазларда алжасып 2ши ракаттан кейин каъдеге (ат-тахийяту) отырмай 3ши ракатка турылып кетсе хам сол 3ши ракатты окып каъдеге отырылып, оннан кейин калган 2 ракатты окыса болама? Егер окылса 5 ракат окылып кетеди. Сол уакытта не кылыуымыз керек тусиндирип отсениз.
Ўа алайкум ассалам. Екинши рәкаттағы қаъдада отырыў есинен шығып турып кеткен болса, онда төртинши рәкатта сәждәи сәҳў етеди. Үшинши рәкатта қаъдада отырмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алікум. Жууабіңіз ушын алдыннан рахмет. Бул сорауды беріу мумкінбе мумкін емесбе білмеймен бірақ басым қатып қалды. Менің куйеуімді бір қыз дуалаған. Енді оны шешіу ушын не іслесем болад. Рахмет жуап ушын.
Ўа алайкум ассалам.
Мусылман адам көп гүманшыл болыўдан сақланыўы керек. Айырым гүманлар гүна болады.
Халқымызда дуўа сөзин қәте түсиниў жағдайлары ушырап турады. Дуўа бул - бендениң Аллаҳ тааладан мүтәжликлерин сораўы, өзиниң Аллаҳ таалаға мүтәж екенин билдириўи. Ҳәр бир мусылман адам өзин, шаңарағын, ағайин-туўғанларын дуўа етип жақсылықларды тилеп отырады. Дуўадның әлбетте бул дүньяда да, ақыретте де, тирилерге де, өлилерге де пайдалары бар.
Айырым адамлардың бир-бирине зыян ислерди қылыўы, сыйқыр (сеҳр) болады. Мусылманшылықта бундай ислер менен шуғылланыў ҳарам, оған барыў да, апарыў да, арасында жүриў де, барыўға мәсләҳат бериў де ҳарам болады, үлген гүна ис болады.
Әдетте бундай ислер Қуран аятларын оқыў менен жақсы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Asalawma aleykum hurmetli ustazlar
Sorawlarim
1 Juma namazlarina barganimda qiyomda qoldi baylaganda qollar kindikden joqari qoyip namazin oqiydi olarga onday qilma qate deyin desem 4 mazxabtin birewdinde usilay oqilatin shigar dep oylanip qalaman sol qoldi kindikden joqari qoyip namaz oqiw tuwirma namaz duris bolama
2 G'usl qiliwdan aldin qilinatin taharatta qatip qalgan qan qalip qoysa denede taharat tuwri bolama g'uslshe oganda baylanisi barma
3 Dayus haqqinda (ozinin ahli hayellerin namaxramlardan qizg'anbaytug'in adam) bir tanisimnin aytiwina qaraganda tek tuwisqan apa-sin'lerimzdi namaxramlarda saqlasaq boldi diydi sol tuwrima ya agayin apa-sinilerimizgede juwap beremizba hamde analarimigada
3 Hayallar azan aytama ya aytpay oqiy bereme eger azan aytatugin bolsa menin apam namazlarinda azan aytpay oqilgan namazlari qalay boladi qayttan oqiyma
4 Bir tanisim Quranda ozin ozi qorgaw degen narse bar dep aytti soni qalay tusinimiz kerek soni ken'nen tusindirip berseniz uluwma dinimizde ozin ozi qorgaw barma
5 Bir kitapti minday sozlerdi oqidim bes turli haywandi hamme jerde oltiriw mumkin dep jilan ala g'arg'a tishqan qabawiq iyt shaykus usi bes janiwardi hamme jerde oltiriw mumkin dep jazip qoyioti bul qanshelli duris maliwmat eger duris magliwmat bolsa nege usi 5 turli haywan keltirilgen
6 Ehsandi muatj admlarga qilinama ya mutajligi joq adamgada qilsa bolama
7 Birewdin narsesin ozinin raziligi menen alsaq bir qansh waqit otkennen keyin razi emespen algan narsendi qaytar dese qanday jol tutiwmiz kerek ol basinda razilgin bergen bolsada
8 Birewden narsen urlap alip keyin oni ozine bildirmey qaytarip aparip bersek bolama ya iyesinni razilgin aliwmiz kerkpe
orinsiz sorawlarim bolsa ilmsizlik qilip bergen sorawlarim bolsa aldinna keshirim sorayman juwaplariniz ushin aldinnan rahmet.
Ўа алайкум ассалам.
1. Бизлердиң Ҳанафия мәзҳабымызда намазда турғанда қол байланғанда киндиктиң астында турады. Айырым адамлар тәбийий ҳалда қолы келте болғанлығы ямаса ҳәдден артық семиз болғанлығы ушын киндигиниң астынан еки қолын қосып тура алмаўы мүмкин, олар өз жағдайынан келип шығып имканы барынша еки қолын төменирек услап турады.
2. Ғусылда үш шәрт бар, мурынға ашығанша суў алыў, аўызды ғарғара етип жуўыў, денениң ҳәмме жерин жуўыў. Егер денениң бир жерине қан жабысып асты жуўылмай қалған болса, дене толық жуўылмаған болады.
3. Маҳрам ҳаял-қызлар. Анасы (анасының анасы, әкесиниң анасы ҳәм қанша жоқарысы бар болса ҳәммеси), қызы (ақлық, шаўлық қызлары да), туўысқан әжапасы, қарындасы, әкесиниң әжапа ҳәм сиңлилери, анасының әжапа сиңлилери, қайын енеси, өгей қызы, келини, емизген анасы, емизген анасының қызы ҳтб.
4. Мусылманшылықта бул өмир аманат сыпатынла қаралады, ўақты келип аманат тапсырылады. Қураны кәриймде: "Өзлериңиздиң нәпслериңизди апатқа тасламаң", мәнисиндеги аяты кәрийма бар. Бул аяттан, ҳәр бир мусылман адам өзин апаттан, кеселликтен, оннан да басқа зыян нәрселерден өзин қорғап жүриўи керек екенин түсинемиз.
5. Нәбий алайҳиссалам: «Бес фасиқ ҳадалда да ҳарамда да өлтириледи. Олар: жылан, ала ғарға, тышқан, қутырған ийт ҳәм калхат», деген.
Булар адамға көп зыяны бар жанзатлар. Мусылман адам әдетте меҳрибаншылыққа бейим болады, ҳәттеки зыян беретуғын нәрселерди де өлтирмеўге ҳәрекет етеди. Соның ушын да, мусылман адамға зыян беретуғын жоқарыдағыларды өлтирсе болады, деген мәнидеги ҳәдис.
6. Садақа мүтәж адамға бериледи. Иҳсан мүтәж болмаған адамларға да қылынады.
7. Өз разылығы менен саўға етилген нәрсе, саўға берилген адамның мүлкине айланады. Оны қайтарып алыўы дурыс емес.
8. Ҳәзирети шайх Муҳаммад садық ийесине билдириў шәрт емес, деп жуўап берген екен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sizden soramaqshi edim surelerdin' audio varyantin qaysi saytlardan alsam boladi aldinnan.raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Өзбекстан мусылманлары басқармасының рәсмий muslim.uz сайтына қараслы http://mp3muslim.uz/ сайты бар. Сиз бунда тек Қураны кәриймниң мп3 форматын ғана емес, ал оннан басқа да марузалар, салаўатлар ҳәм т.б. керекли мағлыўматларды алыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сорауым Ораза айларында уйлерге ауыз ашар на кибир уйлерге шакырады мысалы айрым шанаракларда колалыгнда динде караланган сут корлык пен я болмаса арак шарап сататугын уйлер шакырып калса соларды билип турып барыуга болама билмый барсан Бир гап по бирып турып барганын укымы кандай харам лукма жеген болама илтимас кеннен жуап берсеныс
Ҳасан ибн Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: "Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан “Сени шубҳаға салатуғын нәрсени қойып, шубҳасызын таңла. Себеби дурыс болыў бул қәтержамлық. Өтирик бул шубҳа” дегенин еслеген еди". Имам Насаий рәўияты.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Телграм сайтына калай сорау жыберемис
paziylet.uz сайтына кирип сораў жиберсе болады. Телеграмнан турып сораў жиберилмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. СОРАУЫМ . НАМАЗ ОКЫП АТКАНДА ИШ КИЙИМ СУУЛАСКАНДАЙ БОЛАДЫ ОКЫП БОЛЫП КАРАСА ЕШ ЗАТ ЖОК . АУРЕТКЕ КАРАСА ДАРЕТ БУЗЫЛАМА ХАМ НАМАЗДЫ ЖАЛГАСТЫРСА БОЛАМА? МЫСАЛЫ СУННЕТТИ ОКЫП АТКАНДА СОНДАЙ БОЛСА КИЙНЕН ОКЫП БОЛЫП КАРАСА ЕШ ЗАТ ЖОК. КИЙНЕН ПАРЫЗДЫ ОКЫП ЖАЛГАСТЫРАМЫЗБА ЯМАСА ДАРЕТ БУЗЫЛАМА. КЕНИРЕК ТУСИНИК БЕРИН ИЛТИМАС.
Ўа алайкум ассалам. Яқ, таҳарат бузылмайды. Намазды даўам етсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум, анамды умра хажылыгына жиберыуге ниет еткен едим, хажылык жайнда толык акпаратка калай ийе болсам болады?
Ўа алайкум ассалам. Ҳаж ҳәм умраға жибериў мәселелери бойынша Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының ҳаж ҳәм умра бөлими бар, соған хабарлассаңыз болады, сондай-ақ, ҳәкимиятлардың дин ислери бойынша мәсләҳатшылары да бар.
Ҳаж ҳәм умра ибадаты ҳаққында мағлыўмат алмақшы болсаңыз "Ҳаж ибадаты" китабы қарақалпақ тилинде баспадан шыққан, сол китап арқалы ҳаж ҳәм умра ибадатын үйренип алсаңыз болады. Ҳаж ҳәм умра ибадатына барыўға жазылғанлар ушын елиўбасылар бириктириледи, елиўбасылар да ҳаж ҳәм умра ҳаққында түсиник береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
1. Тан Намази каза болип калса пешин уакти кирип кетсе казасин окиган гез тан Намазин пешинге айтилган Азанмен окиса болама?
2. Каза намазлар калай окилади тан Намази каза болса пешин Намаздан алдин окилама я кейнинен окиса болама?
Ўа алайкум ассалам.
1. Қаза намазға бөлек азан айтылады.
2. Мойнында улыўма қаза намазы жоқ адамлар тәртип пенен оқыўы керек. Бирақ балағатқа жеткенинен берли мойнында қаза намазлары бар болатуғын болса, онда қаза қалған таң намазын песиннен кейин оқыса да болады.
Таң намазының сүннетиниң қазасы сол күнниң заўал ўақтына шекем оқылады. Заўал ўақты киргенинен кейин сүннетиниң қазасы оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum ustazlar. Sorawim ku'ydegishe, er jigit o'z shan'arag'in man'lay teri menen tapkan haqli miyneti menen bagiw kerek egerde ol internet arqali(1xbet, 1win h.t.b) oyinlarg'a aksha tigip utip alsa ha'm ol pullardi o'z shan'arag'ina jumsasa bul durispa?
Ўа алайкум ассалам. Пул тигип ойналатуғын ойынлар қумар, деп аталады. Бунлай етип пул табыў ҳарам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar aylardin ishinde en jaqsisi mubarek ramazan ayi menin kishkene bopem bar biraq oraza ustawdi qaleymen tutsam bolama
Ўа алайкум. Ораза тутыў өзиңизге ямаса балаңызға зыян болмаса, яғный сүт шықпай қалыў ҳтб зыянлары болмаса тутыў керек. Бул бойынша шыпакерлер менен мәсләҳәтлесиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллахи уа баракатух менин сорауым мынандай мен Алла тағаланың Әйел адамға берилген парыздарын билгим келеди һәм неше жастан баслап парыз етилген
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала мусылман бенделерине бир неше ислерди буйырған, бир неше ислерден қайтарған. Уламаларымыз булардан ең тийкарғыларын қырық парыз етип жазған. Бирақ буннан басқа да парызлар бар.
Қырық парыз
Исламда бес парыз бар:
1. Ийман;
2. Намаз;
3. Ораза;
4. Зәкат;
5. Ҳаж;
Ийманда жети парыз бар:
1. Аллаҳға исениў;
2. Аллаҳтың периштелерине исениў;
3. Аллаҳтың китапларына исениў;
4. Аллаҳтың пайғамбарларына исениў;
5. Ақырет күнине исениў;
6. Қадарға – жақсылық ҳәм жаманлық Аллаҳ тааланың қәлеўи менен болыўына исениў;
7. Өлгеннен кейин қайта тирилиўге исениў.
Таҳараттың парызлары төртеў:
1. Жүзин толық жуўыў;
2. Қолларын тирсеклери менен қосып жуўыў;
3. Басының төрттен бирине масҳ тартыў;
4. Аяқларын тобығы менен қосып жуўыў.
Ғусылдың парызлар үшеў:
1. Аўызды ғар-ғара қылып шайыў;
2. Мурында ашытып шайыў;
3. Денениң ҳәмме жерине суў жеткизиў.
Таяммумның парызлары төртеў:
1. Нийет;
2. Пәк топрақ;
3. Еки қолды таза топраққа урып жүзди сүртиў;
4. Еки қолды топраққа урып, тирсек пенен қосып қолларды сүртиў.
Намаздың парызлар он еки болып, алтаўы намаз сыртында, олар намаз шәртлери делинеди:
1. Денениң (жунуб,таҳаратсызлық, ҳайыз, нифастан) пәк болыўы;
2. Кийимниң пәк болыўы ҳәм аўраттың тослыўы;
3. Намаз орнының пәк болыўы;
4. Намазды өз ўақтында оқыў;
5. Қублаға жүзленип оқыў;
6. Нийет қылыў.
Алтаўы намаз ишинде болып, олар «намаздың рукнлери», делинеди:
1. Намазға тәкбир таҳрима менен кириў;
2. Қыям;
3. Қыраат;
4. Рукуъ;
5. Сәжде;
6. Қаъда.
Және төмендегилер де парыз:
1. Илм алыў;
2. Амри маъруф ҳәм наҳий мункар;
3. Ҳайыз ҳәм нифас илимин билиў;
4. Ырысқыны ҳадал жол менен табыў;
5. Шәрият ҳадал деп белгилеген нәрселерди жеў.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламуалейкум менин айелим намаз окымайды еркек айелинин намаз окымаганы ушын кунакар болама . Рахмет
Исламда шаңарақ баслығы болыў үлкен мәртебе болыў менен бирге бул үлкен жуўапкершилик те есапланады. Ер адам шаңарағындағы ҳәмме ушын жуўапкер болады. Жуўапкер болғанда да, материаллық-мәнаўий, руўҳий-тәрбиялық, дүнья ҳәм ақыретлик – булардың ҳәммеси тәрепинен де жуўапкер. Еркек өз шаңарағын: ҳаялын, бала-шағасын тойдырыўы, кийинтириўи, үй менен тәминлеўи, тәлим-тәрбия бериўи, әдеп-икрамлы етиўи, ҳадал-пәк инсан етип тәрбиялаўы, тыныш-аманлығын тәминлеўи ҳәм усыларға уқсас бәрше ислерде жуўапкер. Ҳаялының шәрият көрсетпелерине әмел етиўи де усылар қатарында. Әлбетте бәрибир бунда тийкарғы жуўапкер ҳаялдың өзи болып қала береди. Бирақ күйеўи ҳаялын туўры жолға салыўға ҳәрекет етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум .Мен бир достымнын илтимасы менен мына сорауды берип атырман. ТАН НАМАЗ окып жургенине 3-4 ай болган енди,базы себеплер менен намазын койып кетпекши бул иске дийнимиз калай карайды .Жууап ушын алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Негизинде намаз оқыў бендениң өзи ушын керек. Аллаҳ таала бизлердиң намаз оқыўымызға мүтәж емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum, sorawim sham 18.44 de kirse, basqa jumislar shig'ip qalg'anlig'i sebebli 18.30 da odan burin oqip ketse bolama?
Ўа алайкум ассалам.
Бес ўақытта оқылатуғын парыз намазлар өз ўақтында оқылыўы керек. Намаздың сыртындағы алты парыздың бири бул - сол намаздың ўақтының кириўи. Ўақтынан алдын оқылған намаз қайтарып оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум устазлар. Сурауым томендегише
Мархумнын басына (жаткан жерине) терек егуге, гул егуге болама?
Ўа алайкум ассалам.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Пайғамабар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам еки қәбирдиң қасынан өтти:
«Әлбетте, екеўи азапланып атыр. Үлкен нәрсе ушын азапланып атырған жоқ. Аўа! Олардан биреўи гәп тасып жүретуғын еди. Ал, екиншиси, сидигинен пәкленбейтуғын еди», деди».
Басқа бир рәўиятта:
«Сидигин тоспайтуғын еди», деди. Кейин бир қуўрамаған шақаны алып, екиге бөлип, еки қәбирге биреў-биреўден суғып қойды да:
«Қәне еди, еки шақа қурғап қалғанша ол екеўинен (азоп) жеңиллетип турылса», деди».
Бесеўи рәўият еткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазларымыз сизге сорауым куранымызда кахри кул деген суре яки аят барма мен китаплар ишинен ондай суре кормеген едим жууабыныз ушын алдыннан рахмет илтимас жууапты paziylet.uz kanalga жиберуинизди соранаман
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Қураны кәриймниң ишинде ондай сүре яки аят жоқ.
Бул сораған нәрсеңиз ески дәўирлерде тарқалған тийкарсыз «дуўа»лар. Бул сораған нәрсеңиздиң ишинде, егер буны оқыса пәлен нәрсе болады, деген тоқыма гәплер бар. Бундай гәплер шәриятымызда жоқ.
Дуўалар бойынша Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың «Ҳадис ва ҳаёт» китабының дуўалар бѳлимин, Анвар Муҳаммад Турсин аўдарған «Ал Азкар» ҳәм Зуфар дамла аўдарған «Исми Аъзам» китапларын оқыўды усыныс етемиз
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум.
1. Тахажжуд намазы қалай оқылады? Неше ракат болады?
2. Бес ўақыт намаз оқымай, таҳажжуд намазын оқыса бола ма? Жуўап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
Аллаҳ таала:
«Түнде (ярым ақшам оянып) саған қосымша болатуғын нәпил (таҳажжуд) намаз оқы! Қәнекей (сонда), Рәббиң сени (қыямет күни) мақталған (шәпәәт қылатуғын) дәрежеде тирилтсе», деген (Исро, 79).
Шолыў: Бул аят пенен таҳажжуд намазына шақырыў Қуранда келгени еслетилмекте. Түнде бир уйқылап турып, оқылатуғын намазды таҳажжуд намазы деп аталади. Сондай-ақ, бул намазды қыям намазы, деп те айтылады. Әўел бул намаз ўәжиб болған еди. Бир жылдан кейин ўәжиблиги насх қылынған.
Бул мәни «Тафсири ҳилал»да Муззаммил сүреси тәфсиринде кеңнен баян қылынған:
«Ҳәй (кийимлерине) оранып алған (Муҳаммад!) Түнде (уйқыламай, намазға) тур! Тек азырақ (уйқылаўға ўақыт қалсын!)»
Әлбетте, бул аят жүдә үлкен мәнини аңлатады. Бул Аллаҳтың жолында адамларды туўры жолға баслаў ушын қылынған буйрық еди. Оранып жататуғын ўақыт өтти, тур енди, деген Аллаҳтың ўаҳыйы.
Соның ушын да Хадижа анамыз Пайғамбар алайҳиссаламға бир аз уйқылап алың, десе, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ҳәй Хадижа, уйқының ўақты өтти», дейтуғын еди.
Бес ўақыт намаз бул - парыз намазлар. Таҳажжуд намазы бул - нәпил намаз. Уламаларымыз, қаза намазы бар адам қаза намазын оқығаны мақул деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы