Assalamu alaykum ustazlar. Bir dosimiz, kelinshegine bo'lip-bo'lip 3 den ko'birek (yagniy har bolip aytilganda uyine barip kelip jurgen) Sen menen jasamayman dep aytqan. Bul sozdi aytqanda jasamawin niyet qilipti. Biraq talaq sozin aytpagan. Endi onin' hu'kmi qanday boladi?
Ўа алайкум ассалам. Талақ еки түрли болады: баин, ражъий.
Баин талақ - ажырасыў нийетинде талаққа далалат ететуғын сөзди айтыўы менен түседи. Бир баин талақ түскеннен кейин қата неке оқытыў шәрт.
Ражъий талақ - талақ сөзин ислетиў менен болады. Бунда иддасының ишинде неке оқытпаса да қайта жасап кетиўи дурыс болады.
Шәриятымызда үш мәртеге шекем талақ қойыўға руқсат етилген. Үшинши мәрте талақ қойғаннан кейин ол ҳаял менен бирге жасаўы дурыс болмайды.
Жоқарыдағы жағдайда бир баин талақ түскен, қайта некелетип алыўы зәрүр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Зикр созинин манисин айтып жиберин илтимас.
Ўа алайкум ассалам.
Зикр сөзи еслеў, еске алыў, тили менен айтыў, кеўли менен айтыў, мәнилеринде. Аллаҳ тааланы зикр етиў, дегени, бул - Аллаҳ тааланың исимлеринен бирин айтыў, деген мәниде. Зикр етиўде көп саўаплар болыўы, адамға үлкен пайдалар келтириўи ҳәдиси шәрийфлерде айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alekum
Menin sorawim oqigan zatlarim esimde qaliwi ushin qanday duwalardi oqip jursem ya namazdan kiyin qanday surelerdI aytsam boladi juwap ushin aldinnan rahmet sizde iltimas toliqraq aytip otesizba
Ўа алайкум ассалам.
Зеҳнниң күшли болыўы ушын уламаларымыз тақўаны беккем тутыў керек, ҳарамнан узақ болыў керек, деген.
Имам Шәфеъий раҳматуллаҳи айлаҳ былай деген: “Ҳәзирети Ўакиъға зеҳнимниң пәс екениненшикәят еттим. Сонда ол маған гүна ислерди тәрк ет, деп айтты".
Гүна ис бендени Аллаҳ тааладан узақластыратуғын әмел. Бенде гүна ислерди қыла берсе, басында гүнасы ушын қәлби қыйналса, кейиншелик, сол гүна иске үйренип қалады.
Имам Бухарый жаслығында ҳәдислерди еситип ядлаған екен.
Рәўиятларда айтылыўынша, Имам шәфеъий китапты бир мәрте оқып ядлайды екен, бир күни намәҳрам бир ҳаялдың өкшесине көзи түсипти кейин үш мәрте оқыса ядлайтуғын болып қалған екен.
Буннан басқа да уламаларымыздың өмирлерин үйренетуғын болсақ, олардың өткир зеҳн ийеси болғанын билемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Уйимде бурын максым агаларымыздан алган дуа жазыулары бар.Хазир намаз окыйман. Мутажимди тек Аллахтан сорайман.Максым агадан алган жазыуларды не кылсам болады, жагып жибериуге корыктым, онда не жазылганын билмеймен. Аллах сизден разы болсын! тууры жол корсетин.
Ўа алайкум ассалам. Дуўаларды сақлайды деп жаздырып алып жүриўдиң өзи дурыс емес, себеби бенде өз мүтәжлигин тек Аллаҳ тааладан сораўы керек.
Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтен қағазға жазылған аят -сүрелерди не қыламыз?, деп сорағанда, ол киси: күйдирип-жағып жибериң, деген екен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устаз, кылып атирган ислеринизге Алла разы болсын, Сорауым бар еди:
1)Тахаратым бар деп турип Намаз окыса, хам Намаз окып болып турип тахараты бузылганы ядына туссе Намазы кабыл болама?
Ўа алайкум ассалам. Бунда таҳараты жоқ ҳүкиминде болады ҳәм намазды қайта оқып алыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устаз, кылып атирган ислеринизге Алла разы болсын, Устаз Сорауым бар еди: Договор га машин бериу хам алыу сутхорлыкка жатама? усы туралы кеннен тусиник берсениз…
Рахмет, Алла разы болсын!!!!
Ўа алайкум ассалам. Бунда келисимге байланыслы. Егер бир суммаға келисип пәлен ўақытқа шекем ҳәр айда машинаның пулын бөлип-бөлип берип туратуғын болса, усыған келисилген болса, дурыс болады, буған қосымша шәртлерди қосыў, үстеме талап қылыў ҳәм усыған уқсас ислер дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум узтазлар. Мен сырт елде едым НОКИС ОРТА АРНАУЛЫ ИСЛАМ БЫЛЫМ ЖУРТИна окыуга тапсырмакшы едым. Документ кашаннан баслап кабиллап баслайды... Озым Каракалпакстанда тураман.
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳаққында пазыйлет.уз алберуний.уз сайтларында ҳәм олардың телеграмм каналларында хабар беремиз. Июнь айының ишинде қабыллаў басланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлайкум ұстаз менин сорауым орынсыз болса кешириниз.
жаксы корген кызын менен кешкурынлары ушырасыуымыз мұмкинба динимизде калай бул нарсе қайтарылған іс пе илтимас тусиндирип берсениз сорауым орынсыз болса кешириниз
Ўа алайкум ассалам.
Намәҳрам менен күндиз де ушырасыў мүмкин емес. Буның орнына некеден өтип үйлениўиңиз зәрүр. Неке сүннет әмел, бирақ оның парыз орынлары болады. Егер үйленбесе зина етип қойыў қәўпи болса, ондай жигитлер үйлениўи шәрт болады.
Биреўдиң қызы менен некесиз ушырасыў зинаға алып барыўшы жол. Бундай ислерден ҳәр бир мусылман абайлы болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорау: Егер намазды окымай таслаганга кандай гуна жазылады. Екинши сорау: Егер намазды оз уактында окый алмаганда ягный жумыста намаз окыу орын (яки тахарат алыу имканияты болмаса) табалмаганда кандай гуна жазылады шариат бойынша. Ушинши сорау егер жаксы адам калбинен исенсе кудайга, бирак намаз улыума окымай жасап отсе. Бундай адам жанатка кириу итималы барма. Тортинши сорау: Арак, пиво, вино хам баска спиртли ишимлик ишип журген адам , бирак (Кудай барлыгына исенген) алемнен отсе ол адам дозахга туседи хам абадий калады дегени дурыспа. Жууаплар ушын алдынан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Намаз оқымай жүриў гүна болады.
2. Гүнаның қандай болыўы Аллаҳға байланыслы. Бирақ китапларда аўыр гүналар ҳаққында хабарлар келген. Имам Заҳабийдиң "Кабаир", деген китабында бул ҳаққында көп мағлыўмат берилген.
3. Бизлердиң ақыйда бойынша Матуридия жолымызда, иймансыз әмелдиң дурыс емеслиги, бирақ әмел болмаса да ийман дурыс бола бериўи айтылған. Мусылман бендениң қәлбинде ийман болса, қәлбиндеги ийман мудамы оны жақсы ислерге тартып турады.
4. Ҳарам нәрселерди ҳадал, деп айтыў менен диннен шығады. Бирақ ҳарам исти қылса да, оны ҳадал санамаса диннен шықпайды, бирақ үлкен гүна ис қылған болады. Бенде көп гүна ис қылыўы оның қәлби қарайыўына ҳәм ширк әмел ислеўи ҳәм соған уқсас бир ис қылып диннен шығыўына алып келиўи мүмкин. Әдетте, көп ишиўшилер де Аллаҳ тааланың бар екенине ийман келтиреди, бирақ арақ мәселесине келгенде, арақ ҳарам емес, кәйфи ҳарам, деп айтып жибереди, усы сөзи оларды диннен шығарады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли канал жамаати! Сизлердин ийгиликли ислеринизде ауметлер тилеп каламан!
Менин сорауым: Таза жай салып атырган уакытта гей бир адамлар тасы (фундамент) питкен уакытта тауыкты сойып 4 (торт) тарепине агызып кан шыгарыу керек дейди бул каншелер тууры?
Ўа алвйкум ассалам.
Булар - тийкарсыз гәплер. Ким бундай гәплерди динниң атынан айтса, онда ол адам динге жала жапқан болады, адамларды туўры жолдан бурған болады. Динниң атынан бундай гәплерди тарқатыў жүдә аўыр гүна. Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Ким мениң атымнан мен айтпаған гәпти айтса, дозақтағы орнын таярлай берсин", деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкүм!
Намазда аттахият салауаттан соң не оқылады? Соның текстин жазып жиберсеңиз илтимас сизлерден Аллаһ разы болсын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
Роббәнә' ә'тинә' фид дунйә' ҳасәнәҳ, ўә фил ә'хироти ҳасәнәҳ, ўә қинә' ъазә'бән нә'р.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устаз, кылып атирган ислеринизге Алла разы болсын, Устаз сорауым бар еди, "Фирдауисты" ул балага Исим кылып койыуга болама?Кейын пайгамбарлардын атын койыуга болама? Жуап ушын рахмет, Алла разы болсын!
Ўа алайкум ассалам.
Фирдаўс - жәннетлердиң бириниң аты.
Пайғамбарлардың атын балаларға қойса жақсы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссалама әлайкум уә рахматуллох уә баракатум.
Мен 《НУР》сұресиндеги 31-аятқа тұсинбей атырман, илтимас устазлар бул аятты толығы менен, ашықтан-ашық имканиңиз барынша тұсиндирип берсеңиз.
Әсиресе усы жерлерин..
Рўмолларини кўксиларига тўсиб юрсинлар. Зийнатларини кўрсатмасинлар, магар эрларига ё оталарига ё эрларининг оталарига ё ўғилларига ё эрларининг ўғилларига ё ака-укаларига ё ака-укаларининг ўғилларига ё опа-сингилларининг ўғилларига ё аёлларига ё ўз қўлларида мулк бўлганларга ё (аёлларга) беҳожат эркак хизматчиларга ё аёллар авратининг фарқига бормаган ёш болаларга (бўлса майли).
Ўа алайкум ассалам.
Бул аят - мусылман, балағатқа жеткен ҳаял-қызлардың намәҳрамлардың алдында әўрет жерлерин жаўып жүриўи керек екенлиги ҳаққындағы аят.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз.1.Песин намазын 4рахат парыз хам 2рахат суннет етип окысам болама?2.Зикр созин толыгырак айтып жиберсениз.Жуап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Намаз өз орнына өтсе де, сүннетти тәрк етиў дурыс ис емес. Пайғамбарымыз алайҳиссаламның шәпәәтине ерисемен дейтуғын ҳәр бир мусылман сүннетлерди имканы келгенше қалдырмаўы тийис.
2.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз.1.Песин намазын 4рахат парыз хам 2рахат суннет етип окысам болама?2.Зикр созин толыгырак айтып жиберсениз.Жуап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Намаз өз орнына өтсе де, сүннетти тәрк етиў дурыс ис емес. Пайғамбарымыз алайҳиссаламның шәпәәтине ерисемен дейтуғын ҳәр бир мусылман сүннетлерди имканы келгенше қалдырмаўы тийис.
2.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз.1.Песин намазын 4рахат парыз хам 2рахат суннет етип окысам болама?2.Зикр созин толыгырак айтып жиберсениз.Жуап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Намаз өз орнына өтсе де, сүннетти тәрк етиў дурыс ис емес. Пайғамбарымыз алайҳиссаламның шәпәәтине ерисемен дейтуғын ҳәр бир мусылман сүннетлерди имканы келгенше қалдырмаўы тийис.
2. Зикр сөзи еслеў, еске алыў, тили менен айтыў, кеўли менен айтыў, мәнилеринде. Аллаҳ тааланы зикр етиў, дегени, бул - Аллаҳ тааланың исимлеринен бирин айтыў, деген мәниде. Зикр етиўде көп саўаплар болыўы, адамға үлкен пайдалар келтириўи ҳәдиси шәрийфлерде айтылған.
.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум: менин сорауым 3 (уш) кунлик ораза хаккында , усылай етип айдын басында,ортасында и ахырында тутсак болама.Я болмаса бир ай толык тутыу керекпе.Хам хаел адамга хайыз келип калса калай болады. Жууап ушын рахмет.ози разы болсын
Ўа алайкум ассалам.
Нәпил оразаны қәлеген ўақытта тутса болады, жылына бес күн нәпил ораза тутыў дурыс емес. Олар Рамазан ҳәм қурбан ҳайытлар күнлери ҳәм қурбан ҳайыттан кейинги үш күни, жәми бес күн. Усы күнлерден басқа қәлеген күни нәпил ораза тутса болады. Бир ай нәпил ораза тутып жүриў шәрт емес. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәптениң биринши ҳәм төртинши күнлери ораза тутатуғын болған.
Ҳаял-қызлар ҳайыз ҳәм нифас күнлери ораза тута алмайды.
Қаза оразасы бар адамлар нәпил оразаны нийет етпестен қаза оразаны нийет етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Allahim ba'rshemizdi o'z panahinda asrasin. Sorawim to'mendegishe, namaz oqiwdi qatti niyetlep ju'rmen, qaytip oqiw kerekligin, ne islew kerekligin oqip bilip aldim, biraq qaytip baslawim kerekligin bilmey ju'rmen. Iltimas namazg'a qaytip jig'iliw haqqinda tu'sinik bersen'iz, aldin ala raxmet. Allah sizlerden razi bolsin!
Ўа алайкум ассалам. Нийет етип намаздың өз тәртиби менен баслаң. Намаз бойынша түсинбеген сораўларыңызды пазыйлет.уз сайты арқалы берсеңиз болады, сондай-ақ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы бәрше мешит имамларынан мусылманшылыққа тийисли сораўларыңызға жуўап алыўыңыз мүмкин.
Намазда бенде әлемниң Рәббиси болған Аллаҳ тааланың алдында турады, оған намаз арқалы өз бендешилигин билдиреди. Бендениң намаз оқыўының өзи Аллаҳ тааланың оған болған мийрими. Басқаларға несип етпеген уллы бахыт.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustazlar alla islep atirgan islerinizge bereke bersin sorawim Shet elden uyge poezdben qaytarda jolimiz 2 kunlik jol bolsa namazlarimizdi poezda qalay oteymiz ? poezda otirip pa yaki turip jaynamazda oqiymizba juwaplariniz ushun aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Парыз ҳәм ўәжиб намазлары тик турып, қублаға жүзленип оқылады, сүннет намазларды отырып оқысаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым томендегише.1.Бир Шолкемге акша откизип едим. Кейнен билсек олар мощенниклер болып шыкты. Акшаны сорап барсак ,берилмейди калеген жеринизге шикаят кылын деп акшаны кайтармай атыр. Оны кайтарып алыу ушын коп ауере болыуымызга туура келеди. Бундай жагдайда сол акшаны садака деп жиберсе боладыма. Ямаса ондай жаман адамлардын колына тускен садаканын сауабы болмайдыма? 2. Хаял адам Куранды дауысын шыгарып кираат пенен окыса боладыма?
Жуапларыныз ушын рахмет. АЛЛА разы болсын.
Ўа алайум ассалам. Садақа бериўдиң өз орынары бар, садақаны сол орынларға бериў керек. Бай адамға берилген нәрсе садақа болмайды. Әдетте садақа бергенде адам өз ықтыяры менен нәпсин жеңип бериледи. Сиз айтқан аўҳалда пулды ала алмағаныңыз ушын мәжбүрий тәризде садақа, деп кетиўиңиз туўры емес. Мусылманшылық бул ҳәмме орында индемей қалыў, дегени емес, ал наҳақ орынды ҳақыйқатқа шығарыў да мусылманшылықтың көринислеринен. Себеби, ҳақты ҳақыйқатқа шығарыўда наҳақ ис қылып жүргенлерге де дәкки бериў бар, бәлким олардан ҳақ нәрсе талап етилгеннен кейин, бурыңғы ислеп жүрген жаман жолларынан қайтып қалар.
2. Ҳаял адамлар намәҳрамлар болмаған орынларда даўысын шығарып Қуран оқыса болады. Намәҳрамлар бар орында иштен оқыйды. Қуран жарысларында, сондай-ақ, Қуран үйретиўшилер алдында оқыўы истисна тәризинде жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы