Ассалаума алейкум устаз егерде кандайда себеплер менен бендешиликте алжасып ата анасынын кеулине тийсе ол ата нарийза болып дуниядан отсе ол перзент таубесине келип АЛЛАХТАН кеширим сорап ата анасынын хаккына АЛЛАХТАН дуа кылса ата анасына сауапларды багышлап коп жаксы амеллерди олардын артынан ислесе ахыретте ол ата ана ол перзентке АЛЛАХТЫН алдында разы болыуы мумкинбе бул дунияда наразы болган ата ана ахыретте разы болама хам ол разылыгы есапка алынама АЛЛАХ ата анасына сауап жыйнап бергени ушын ол перзентти кеширип жаннетке киргизиуи мумкинбе
Ўа алайкум ассалам.
Ата-анаға жақсылық етиўди Аллаҳ таала Қураны кәриймде намаз бенен бирге келтирген. Буның мәниси ата-анаға хызмет етиў лазым екенин билдиреди. Бир адамның жәннетке яки дозаққа кириўи Аллаҳ тааланың қәлеўиндеги ис. Сиз қылған исиңизге тәўбе етип истиғфарды көп айтың. Әлбетте Аллаҳ таала Кеширимли.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум. Жууап ушын алдиннан рахмет. Намаз оқыйжақ едим. Намаз оқыу қағыйдаларын кимнен уйренсем болады. Яки китабин сатип алип өзім китаптан уйренип оқыйберсемда болама? Жууап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Намаз китабынан үйренип алсаңыз болады. Түсинбеген жерлери болса, жергиликли мешит имамлары ҳәм имам наиблеринен сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Уа Рахматуллохи Уа Баракатух. Сорауым томендегыше:
Намаз охып былмейтын адамга Ораза тутыуга боладыма?. Жане Оразаны Калай тутыу керек екенлыгынен кенрек тусынык берсеныз?. Жуап ушын алдыннан Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Болады. Намаз бөлек парыз әмел, ораза бөлек парыз әмел.
Оразада үш нәрседен таң атқаннан баслап, қуяш батқанға шекем нийет етип шетлениў керек. Ол үш нәрсе: Ишимлик ишиў, аўқат ямаса басқа нәрселерди жеў, жынысый жақынлық етиў.
Ораза ҳаққында қарақалпақ тилинде китап баспадан шыққан. Кеңирек мағлыўматты сол китаптан тапсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар. Халыкка диний тусиник берип атырган сауаплы ислеринизди аллахым ози коллап кууатласын иншаллах.
Мен озим жакыннан баслап сурелерди окып баслаган едим. Сизден сорамакшы болганым Ан-Нос суреси бази бир китапларда ахыргы катары Минал жаннати ван-нас болса айырымларында Минал жиннати ван-нас болып жазылган. Кайсы бири дурыс?
Ўа алайкум ассалам.
Минәл жиннәти ўән нәәс.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum Ustazlar, menin' sorawim, Sulayman degen attin' manisi qanday? Sulayman degen atti qoyiw adamlar aytiwi boyinsha adamga awirliq qiladi diydi bul raspa
Ўа алайкум ассалам. Аўырлық етеди деген гәп қәте гәп. Бул исимди қойса болады. Сулайман деген исим Аллаҳ тааланың Пайғамбарларынан бириниң исми. Даўыт пайғамбардың баласының аты.
Сулайман сөзи ески яҳудий (еврей) тилиндеги сөз болып, "қорғалған", "зыян жетпейтуғын", деген мәнилерди аңлатады. Айырым тиллерде бул исим Шелома, Соломон, деп те ислетиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар... 1.Пайгамбар алейхисаламга салауат айтыуды уйретсениз.....2 Дажжал хакында тусиник берсениз (ол барма кандай каякта).3...Ырыск несийбе болыу ушын айтылатугын уйретсениз.. алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Салаўаттың түрлери жүдә көп, тилге жеңил келетуғын мына кәлималарды айтсаңыз болады: "Аллооҳуммә солли ъаләә Муҳаммәд, ўә ъаләә әәлиҳии ўә асҳаабиҳии әжмәъийн"
2. Арабшада «дажжал» сөзи «жүдә жалғаншы, алдаўықшы, жалатай», деген мәнилерди билдиреди. Қыямет күниниң ең үлкен белгилериниң бири ең жалғаншы адамның пайда болыўы.
Аллаҳ таала Дажжал менен де бенделерди имтиҳан қылады. Дажжал иләҳпен деп айтып шығыўшы, Аллаҳ тааланың рухсаты менен ғайритәбийий ҳәм таң қаларлық ислерди пайда қылатуғын бир жалғаншы. Аллаҳ таала Өзи қәлеген базы ислерге оны қәдир қылып қояды: ол өзи өлтиргенин тирилтеди, дүньяны гүлге толтырады, жерди өнимдар қылып қояды. Оның жәннет ҳәм дозақтан болған еки дәрьясы болады. Жер ғәзийнелери оған бойсынады, буйырса аспаннан жаўын жаўады, жерден өсимликлер өнип шығады. Булардың ҳәммеси Аллаҳ тааланың қәлеўи ҳәм қудрети менен болады.
Базы адамлар оған алданады. Мөминлер болса, Аллаҳ тааланың дининде беккем болады. Мәлим бир ўақыт өткен соң Аллаҳ таала Дажжалдың фитналарын тоқтатады. Аспаннан Ийса алайҳиссалам түсип оны өлтиреди.
Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бундай деген: «Мен Дажжал ҳаққында бар нәрсени оннан жақсы билемен. Оның еки ағар дәрьясы бар, көзге биреўинде ақ суў, кейингисинде от көринеди. Усы күнге жеткен адам от көринген дәрьяның алдына барсын. Көзин жумып, басын ийсин ҳәм оннан ишсин. Ол от суўық суў болады. Дажжалдың көзи соқыр, маңлайында артықша ети бар. Еки көзиниң ортасында «Кәпир» деген жазыў бар. Оқыўды билген-билмеген мөмин ол жазыўды оқый алады» (Муслим рәўияты).
3. Аллооҳуммә инний әсьәлукә ризқон ўәәсиъан, ҳаләәлән.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu alaykum Ustazlar menin' sorawim, qoldan sizilg'an adam suwretin uyge qistirip qoyiwga bolmaydi degen gaplerdi xaliq arasinda ko'p esittim, buni ken'nen tusindirip bersen'iz, sorawimdi narduris bergen bolsam keshirim sorayman, juwap ushin aldinnan raxmet, ALLA TALLANIN' o'zi razi bolsin sizlerden
Ўа алайкум ассалам. Сүўрет қыстырылған үйге периште кирмей қалыўы ҳаққында ҳәдиси шәрийфте айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum wa rahmatulloh.Sorawim mumin adam menen munofiq ham fasiq adam tuwrali magliwmat berseniz.Momin adam fasiq adam menen munasebeti tuwralida aytip otseniz.Rahmet Allah razi bolsin
Мөмин - Аллаҳға ийман келтириўши деген мәнисте. Мөмин адам ҳәмме ўақыт Аллаҳ тааланың көрип турғанын өзинде сезинип, мудамы жақсылық жолында жүриўи керек.
Мунафиқ - еки жүзли адам. Нәбий алайҳиссалам былай деген: мунафиқтиң төрт белгиси бар, егер сол төрт сыпаттың биреўи болса да, оннан қутылмағанша онда мунафиқликтиң бир сыпаты қала береди: Сөйлесе өтирик сөйлейди, аманатқа қыянет етеди, ўәдесинде турмайды, урысса сөгисип-жағаласып кетеди.
Фасиқ - мусылманшылық шәртлерин ислемей жүрген мусылманлар.
Мөмин адам басқаларға жақсы мүнәсибетте болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Bir sorawim bar edi. Telegram kanallarinin birinde adamlar jeke rawajlaniwi ushin askeza, pakleniw degen narseler bar dep atir. Aydin malim kunleri pakleniw dep tapsirma beredi. Askeza degen dinimizde bar ma? Usi haqqinda magliwmat berseniz.
Ўа алайкум ассалам. Аскеза деген түсиник мусылманшылықта жоқ, бул басқа динлерде болыўы мүмкин. Мөмин-мусылман адам бундай нәрселерге шалғымаўы керек ҳәм бундай ислерден абайлы болыўы, диний мәселелерди тек рәсмий дин ўәкиллеринен ғана сораўы лазым. Дин бул - қәлеген адам жуўап берип кете беретуғын нәрсе емес.
Ораза тутыў басқа динлерде де бар. Бул ҳаққында Қураны кәриймде: "Сизлерден алдыңғыларға парыз етилгениндей сизлерге де парыз етилди", делинген. Мысалы христиан дининде де оразаға уқсас қандайда бир әмеллери бар. Бирақ заманның өтиўи менен олар өзлерине нәзил етилген иләҳий ҳүкимлерди өзгертиўи қатарында ораза ҳүкимлерин де өзгерткен. Нәтийжеде Аллаҳ таала бул динниң ҳүкимин насх еткен, яғный оның орнына ислам динин жиберген. Сонда айырым христианлар ораза ҳүкимлерин өзгертип, тек гөшли нәрселерден шетленип ораза тутатуғын болған.
Мусылманшылықта бундай ислердиң орнына ораза тутыў бар. Нийет етип алдыңғы қаза оразаларды ямаса нәпил оразаларды тутыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Астрология алымлары айтыўынша аспан денелериниң ҳәрекети жердеги адамлардың тагдирине тасир етедкен. Бул динимиз исенимине қарсы емес па? Гароскоп ҳақында да тусиник берсеңиз. Мусылман адам гароскопка исенсе бола ма?
Ассаламу алайкум.
Астрология, гороскоп ҳтб ислерден мусылманшылықта қайтарылған. Бендениң тәғдирин Аллаҳ тааладан басқа ҳеш ким билмейди. Бундай нәрселерге исениў ширк әмел болады.
Төменде Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфке усы сораў берилгенде, айтқан гәплерин келтиремиз.
Осмон жисмлари ва уларнинг жойлашув буржларига қараб кишилар тақдирини аниқлаш даъвосида юрган мунажжимларнинг қилмишлари ҳақида сўз кетганида, кўпчилик Ислом дини ижозат берган фалакиёт, илми нужум (астрономия) билан Ислом дини шуғулланишни ҳаром санаган мунажжимликни (астрология) адаштириб юради. Булар тамоман бошқа-бошқа нарсалардир. Бу ҳақда сал қуйироқда батафсил сўз юритамиз.
Ибн Аббос розияллоҳу анҳумодан ривоят қилинади:
«Набий соллаллоҳу алайҳи васаллам: «Ким юлдузлардан илм иқтибос қилса, сеҳрдан бир шўъба иқтибос қилган бўлади. Зиёда бўлгани зиёда бўлаверади», деганлар».
Абу Довуд ва Аҳмад ривоят қилишган.
Ушбу ривоятда юлдузларга қараб ғайб илмини, бировларнинг тақдирини, келажакда бўладиган ишларни билишни даъво қиладиган мунажжимлар ҳақида сўз кетмоқда. Фол очишнинг бу тури ҳам борлиги ҳаммага маълум. Бу каби фолбинларга кўпчилик қатори, бемор кишилар ҳам мурожаат қилишлари ҳам маълум.
«Ким юлдузлардан илм иқтибос қилса, сеҳрдан бир шўъба иқтибос қилган бўлади».
Сеҳр Ислом шариатида ҳаром қилинган нарса. Бинобарин, мунажжимлик ҳам ҳаром бўлади. Мусулмон одам бу ишни қилиши, ўша ишни қилувчига ишониши мутлақо мумкин эмас.
«Зиёда бўлгани зиёда бўлаверади».
Яъни мунажжимлик зиёда бўлса, сеҳр ҳам зиёда бўлади, гуноҳ ҳам зиёда бўлади. Шу ерда илми фалак – астрономия ва мунажжимлик – астрология мутлақо бошқа-бошқа нарса эканини алоҳида таъкидлаш лозим. Ислом илми фалакни, осмонни ва унда бор нарсаларнинг барчасини яхшилаб ўрганишга чақирган ва мусулмонлар ичидан бу соҳада Мирзо Улуғбекка ўхшаш буюк алломалар етишиб чиққан. Шу билан бир вақтда Ислом мунажжимликдан қаттиқ қайтарган ва бу ишнинг ҳаромлигини эълон қилган.
Айни мана шу ҳаром қилинган нарса ҳозирги кунда ниҳоятда авж олган. Газеталар кундалик, ҳафтаномалар ҳафталик, ойномалар ойлик, ундан каттароқлари йиллик тақдирларни, келажакда бўладиган ишларни олдиндан айтиб бериш даъвоси билан ҳаммани алдамоқда. Бу нарсалар кишиларда турли бўлмағур ҳис-туйғулар, шумланишлар, иккиланишлар туғилишига сабаб бўлмоқда. Мусулмон кишиларнинг бундай ишлар билан шуғулланишлари мутлақо мумкин эмас.
Мунажжимликнинг на динга, на илмга, на тараққиётга алоқаси бор. Бу ишларнинг ғирт бемаънилигини турли соҳа олимлари ҳам, дин уламолари ҳам қайта-қайта таъкидлашларига қарамай, «мунажжим башоратлари»нинг мухлислари камайиш ўрнига тобора ортиб бормоқда.
Шариатимиз қоралаган ва мусулмонларни четланишга буюрган юлдузларга қараб фол очиш ва буни инсонлар тақдирига боғлашдаги «башорат»лар ғирт ёлғон ва уйдирма эканини ҳозирги замоннинг етакчи олимлари ва мутахассислари ҳам исботлаб беришяпти.
Россия об-ҳавони ўрганиш марказининг сайёралар ҳаракати ва гелиогеофизик текширувлар лабораторияси мудири Николай Сидоренко бундай дейди: «Маълумки, қуёш кузда осмон экваторини кесиб ўтади ва бу нуқта «куз тенгкунлиги» деб аталади. Астрологлар (мунажжимлар) эса буни буржлар белгисига кўра «Тарози» деб аташган. Лекин гап шундаки, тенгкунлик белгиси, қуёшнинг туриши ва бурж белгилари бундан икки минг бир юз йил муқаддам астрология гуллаб-яшнаган Вавилон (Бобил) ва қадимги Юнонистонда амалга киритилган эди. Қуёшнинг бурж юлдузларига нисбатан ўрни алмашиб тургани учун бу йил қуёш Тарози юлдузлар туркумига «одатдагидан» бир ой кеч кирди. У асл ўрнига қайтиб бориши учун яна 25700 йил керак бўлади. Эски мунажжимлар айнан мана шу «кечикиш»дан бехабар бўлишган. Ҳозиргилари буни билсалар-да, ҳамон эскича «ҳисоб-китоб» қилган мунажжимлар «башорати»дан фойдаланишади...»
Энди яна бир атоқли олим – россиялик назариётчи физик, Нобель мукофоти соҳиби академик Виталий Гинзбургнинг бу ҳақдаги фикри билан танишинг. У «Аргументы и Факты» ҳафтаномаси мухбири билан суҳбатида шундай дейди: «Менга: «Нима учун астрология билан олишиб қолдинг, бунга сал енгилроқ қарайвер, башоратларни чоп этишса нима бўпти, ахир булар шунчаки ҳазил-ку!» – дейишади. Лекин инсон ана шу ҳазил уйдирмага ишониб, унинг тахминлари билан яшаса, бутун ҳаётини барбод қилади-ку! Бошқаси унинг ана шу ожизлиги орқасидан жарақ-жарақ пул ишлайди. Шу ҳам ҳазил бўлдими? «Эҳтиёж бор бўлгач, башоратлар босилаверади-да», деб менга тасалли бермай қўяқолинг! Бордию ўқувчилар фаҳш ишларни ёритишни хоҳлашса-чи?! Одамлар ҳақида қайғуриш, уларни ёмонликка, ёвузликка бошламай, яхши ишларга чорлаш керак. Астрология ғирт бемаънилик, фанни шунчаки инкор этишнинг ўзгинасидир. У нимани ташвиқ қилади? Гўёки одамнинг туғилиш пайтида юлдузлар ва сайёралар унинг келажакдаги бутун тақдирини белгилар эмиш. Ўтмиш аждодларимизнинг астрология билан шуғулланганларини тушунса бўлади. Илгари одамлар сайёралар ҳаракатини билишмас эди. Тўрт юз йил муқаддам улуғ фалакиётчи Иоҳанн Кеплер гороскоп тузиб, шундан пул ишлаган. Лекин ўшандан буён илм-фан олдинга улкан қадамлар ташлаб ривожланди. Сайёра ва юлдузлар тақдирга ҳеч қандай таъсир ўтказа олмаслиги аллақачон исботланган».
Академикнинг бу гапларига қўшимча қилишнинг зарурати бўлмаса керак.
Юқорида келтирилган фикрлардан аён бўладики, мусулмонлар бу иш билан шуғулланиш у ёқда турсин, ҳатто у билан шуғулланадиган кимсаларга мурожаат ҳам қилмасликлари, уларнинг гапларини эътиборга олмасликлари керак экан. Бу қайтариқнинг нақадар муҳимлиги ҳақида келгуси ҳадиси шарифларда сўз юритилади.
Мўминларнинг оналари розияллоҳу анҳуннанинг баъзиларидан ривоят қилинади:
«Набий соллаллоҳу алайҳи васаллам: «Ким аррофга бориб, ундан бирор нарса ҳақида сўраса, унинг намози қирқ кечагача қабул бўлмайди», дедилар».
Имом Муслим ва Аҳмад ривоят қилишган.
Аҳмаднинг лафзида:
«Ким аррофга ёки коҳинга бориб, унинг айтганини тасдиқласа, батаҳқиқ, Муҳаммад соллаллоҳу алайҳи васалламга нозил бўлган нарсага куфр келтирибди», дейилган.
Ҳақиқий мўмин учун қирқ кунлик эмас, бир маҳал намозининг қабул бўлмай қолиши улкан мусибатдир. Бу мусибат фақатгина фолбинга бориб, ундан бир нарса ҳақида сўрашнинг жазосидир. Унинг айтганига ишонадими-йўқми, бунинг фарқи йўқ. Аммо ким фолбинга бориб, унинг айтганини тасдиқласа, куфрга кетган бўлар экан. Бундан Аллоҳнинг Ўзи асрасин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алайкум уә рахматуллох уа бәрәкатум.
Мениң бир сорауым, мен бир жерде жумыс ислеп тапқан ақшамды бирәдарыма мен қайтаман дегенше келисилген халда хәр айда жиберген ақшамның 10% ұстемеси менен берип турсам. Ал ол мен жиберген ақшаны өзиниң ақша айналысына жумсайды. Мен тек оны ақша менен тәминлегендей боламан. Бул исимиз ол адамғада мағанда пайда келтирип турса. Мениң бул пайызға ақша берген болып есапланама? Соған анықлық киритип берсеңиз. Алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Процент пенен ақшаны қарызға бериў дурыс емес, мусылманшылықта ҳарам, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
namazlarin qisqartip, yag'niy namazdin' tek parizlarin orinlap, sunnetlerin oqimay jurse bola ma?
Ассаламу алайкум. Әлбетте парыз бенен бирге сүннет наазды да оқыў керек. Тек парыздың өзин оқыў менен мойындағы парызлықты орынлаған болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар сизлерден Алла разы болсин. менин еситкеним сумалак кайнатип атырганда тилек тилеп тас саласан дйды 7 жыл кайнатасан тилегин орилланад дйды бундай ирим еткени дурыспа? Сумалак кайнату ата бабадан киятирган дастур емеспе тек. Жуyап ушин алдиннан рахмет. Сизлерден Алла разы болсин.
Ўа алайкум ассалам. Бундай ырымларға исенбең. Сүмелек басқа тағамларға уқсаған бир тағам, ҳеш бир иләҳийлиги жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума АЛЕЙКУМ. Ийгиликли ислеринизден Алла разы болсын. Сорауым томендегише:
1) Намаз окып атырып ойымыс болинип кетеберед, не ислеуге болады?
НАМАЗДА ХУШУЪ ҲӘМ ОНЫ ГӨЗЗАЛ ҚЫЛЫЎ
«Хушуъ» деп ағзалардың тынышланыўы ҳәм қәлибтиң Аллаҳ пенен болыўына айтылады.
Намазды гөззал қылыў болса парыз ўәжиб, сүннет киби, әдеплерин орнына қойыў.
٥١١- عَنْ أَبِي هُرَيْرَةَ أَنَّ رَسُولَ اللهِ قَالَ: هَلْ تَرَوْنَ قِبْلَتِي هَا هُنَا وَاللهِ مَا يَخْفَى عَلَيَّ رُكُوعُكُمْ وَلاَ خُشُوعُكُمْ وَإِنِّي لأَرَاكُمْ مِنْ وَرَاءِ ظَهْرِي.
511. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Көрип атырсыз ба, мениң қублам бул тәрепте! Аллаҳға ант, мен ушын рукуъларыңыз да, хушуъларыңыз да жасырын қалмайды. Әлбетте, мен сизлерди арқамнан да көремен», деди».
Шарҳ: Усы ҳәдиси шәрийфте намаздың хузуъы ҳәм хушуъын орнына қойып оқыў зәрүрлиги тәкидленбекте.
Ҳәр бир инсан намаздың әмеллерин жақсы қылыўы ҳәм онда ағзалары толық тынышланыўы, қәлби Аллаҳ пенен болыўы зәрүр.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саҳабаи кирамларға мени қублаға қарап турыпты, арқаларындағы нәрсени, бизиң рукуъ ҳәм хушуъларымызды көрмейди, деп ойламаң, мен көрип тураман, дегениниң мәниси усы.
Әсиресе, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның Аллаҳ аты менен ант ишип айтыўы бул мәнини қатты тәкидлейди.
Соның ушын ҳәр биримиз намазымыздың рукуъ ҳәм хушуъын орнына қойып оқыўымыз лазым.
٥١٢- عَنْ أَنَسٍ عَنِ النَّبِيِّ قَالَ: أَتِمُّوا الرُّكُوعَ وَالسُّجُودَ فَوَاللهِ إِنِّي لأَرَاكُمْ مِنْ بَعْدِ ظَهْرِي إِذَا رَكَعْتُمْ وَإِذَا سَجَدْتُمْ. رَوَاهُمَا الشَّيْخَانِ.
512. Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Рукуъ ҳәм сужудты толық қылың. Аллаҳға ант, мен сизлерди қашан рукуъ қылсаңыз, қашан сужуд қылсаңыз арқамнан да көремен», деди».
Еки ҳәдисти еки Шайх рәўият қылған.
Шарҳ: Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Әҳмийетли гәпти Аллаҳтың аты менен ант ишип турып, тәкидлеў жайызлығы.
2. Намазда рукуъ ҳәм сужудты толық қылыў зәрүрлиги.
3. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам арқасындағы нәрсени де көрип турыўы.
513- وَلِمُسْلِمٍ: صَلَّى رَسُولُ اللهِ يَوْمًا ثُمَّ انْصَرَفَ فَقَالَ: يَا فُلاَنُ أَلاَ تُحْسِنُ صَلاَتَكَ أَلاَ يَنْظُرُ الْمُصَلِّي إِذَا صَلَّى كَيْفَ يُصَلِّي فَإِنَّمَا يُصَلِّي لِنَفْسِهِ إِنِّي وَاللهِ لأُبْصِرُ مِنْ وَرَائِي كَمَا أُبْصِرُ مِنْ بَيْنِ يَدَيَّ.
513. Муслим келтирген рәўиятта:
«Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам намаз оқып болып қайрылды ҳәм былай деди:
«Ҳәй, пәленши намазыңды жақсылап оқымайсаң ба?! Намазхан намаз оқығанда қандай оқығанына нәзер салмайды ма?! Ол өзи ушын оқыйды-ғо?! Аллаҳға ант, әлбетте, мен тап алды тәрепимнен көргенимдей, арты тәрепимнен де көремен», деди».
Шарҳ: Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Намазды жақсылап оқыў зәрүрлиги.
2. Намазды жақсылап оқымағанларға алым адамлар танбеҳ бериўи кереклиги.
3. Намаз оқыўшы өзиниң намазына тәртибине нәзер салып, оқыўы лазымлығы.
4. Бенде намазды өзи ушын оқыўы.
Аллаҳ ушын, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ушын яки басқа биреў ушын емеслиги.
5. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам арты тәреплеринен де тап алды тәрепинен көргендей көриўи.
٥١٤- عَنْ أَبِي مَسْعُودٍ عَنِ النَّبِيِّ قَالَ: لاَ تُجْزِئُ صَلاَةُ الرَّجُلِ حَتَّى يُقِيمَ ظَهْرَهُ فِي الرُّكُوعِ وَالسُّجُودِ.
514. Әбиў Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Рукуъда ҳәм сәждеде белин туўры тийлемегенше адамның намазы қанықарлы болмайды», деди».
Шарҳ: Демек, намаз қанықарлы болыўы ушын оның рукуъы, сәждесы ҳәм басқа арканларын орнына қойып, хушуъ пенен оқыў керек. Рукуъды шала қылып яки онда қыйсайып турып, сондай-ақ, сәждеде белди натуўры тутыў менен намаз қанықарлы болмайды.
٥١٥- عَنْ مُطَرِّفٍ عَنْ أَبِيهِ قَالَ: رَأَيْتُ رَسُولَ اللهِ يُصَلِّي وَفِي صَدْرِهِ أَزِيزٌ كَأَزِيزِ الرَّحَى أَوِ الْمِرْجَلِ مِنَ الْبُكَاءِ. رَوَاهُمَا أَصْحَابُ السُّنَنِ.
515. Мутаррифтен ол әкесинен рәўият қылады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның намаз оқып атырғанын көрдим. Жылағаны себебинен көкирегинде дигирманның яки қазанның даўысына уқсас даўыс шығып турар еди».
Екеўин «Сунан» ийелери рәўият қылған.
Шарҳ:
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам биринши намазхан болып, намаз оқыўды басқаларға тәлим берген. Намаз не екенлигин ҳәммеден жақсы аңлап жеткен. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қашан намаз оқыса, хушуъ ҳәм хузуъды орнына қойып оқыған.
Бул рәўияттан көринип турыпты, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қашан намаз оқыса, қыяматты ойлап, жылар ҳәм көкирегинен дигирманның яки қазанның қайнаўына уқсас даўыс еситилип турады екен.
Енди өзимизди ойлап көрейик. Намаз оқығанымызда бизлерди қандай қәўип басады?! Көкирегимизден Аллаҳ тааладан қорқыныш сеси еситиледи ме?! Ямаса намазда ағзаларымиздың ҳәммеси ибадатқа берилип тынышлыққа толып, қәлиблеримиз өз Рәббисине туўрыдан-туўры байланып турады ма?..
Усылай болмас екен, пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан өрнек алып, намазды хушуъ ҳәм хузуъ пенен оқыўға әдетленейик.
٥١٦- عَنْ عُقْبَةَ بْنِ عَامِرٍ الْجُهَنِيِّ عَنِ النَّبِيِّ قَالَ: مَا مِنْ أَحَدٍ يَتَوَضَّأُ فَيُحْسِنُ الْوُضُوءَ وَيُصَلِّي رَكْعَتَيْنِ يُقْبِلُ بِقَلْبِهِ وَوَجْهِهِ عَلَيْهِمَا إِلاَّ وَجَبَتْ لَهُ الْجَنَّةُ.
516. Уқба ибн Амир ал-Жуҳаний разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Қайсы бир адам жүдә жақсылап таҳарат қылса, қәлби ҳәм жүзи менен қабыл қылған ҳалда еки рәкат намаз оқыса, әлбетте, оған жәннет ўәжиб болады», деди».
Шарҳ: ҳәдистеги «қәлби ҳәм жүзи менен қабыл қылған ҳалда», дегени пүткил денеси менен берилип хушуъ ҳәм хузуъ пенен намаз оқыса, дегени.
Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Таҳаратты жақсылап қылыў зәрүрлиги. Намаздың кәмил болыўында буның әҳмийети үлкен екенлиги.
2. Намазды пүткил денеси менен, қәлби ҳәм жүз бенен қабыл қылған ҳалда берилип оқыў кереклиги.
3. Хушуъды орнына қойып намаз оқыған адам, әлбетте, жәннетке кириўи.
Соның ушын удайына хушуъ пенен намаз оқыйық. Әне сонда мақсетке ерисемиз.
٥١٧- عَنْ عَمَّارِ بْنِ يَاسِرٍ عَنِ النَّبِيِّ قَالَ: إِنَّ الرَّجُلَ لَيَنْصَرِفُ - أَيْ مِنْ صَلاَتِهِ - وَمَا كُتِبَ لَهُ إِلاَّ عُشْرُهَا تُسْعُهَا ثُمْنُهَا سُبْعُهَا سُدْسُهَا خُمْسُهَا رُبْعُهَا ثُلُثُهَا نِصْفُهَا. رَوَاهُمَا أَبُو دَاوُدَ.
517. Аммар ибн Ясир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Әлбетте, бир адам (намазынан) турғанда, оған оның оннан бири, тоғыздан бири, сегизден бири, жетиден бири, алтыдан бири, бестен бири, төрттен бири, үштен бири яки ярымы ғана жазылған болады», деди».
Екеўин Әбиў Даўыт рәўият қылған.
Шарҳ: Усы ҳәдиси шәрийфтен намаз бенен туўры намаздың парқы бар екенлиги, ҳәтте, қабыл намазлар арасында да парық болыўы көринип турыпты. Ҳәмме де намаз оқый беради, бирақ сол намазға Аллаҳ таала тәрепинен берилетуғын саўап намазханның ықласы ҳәм хушуъ-хузуъына қарап берилер екен. Хушуъ-хузуъды, ықласты орнына қойған адам намаз ушын белгиленген саўаптың ҳәммесин олар екен. Хушуъ-хузуъ ҳәм ықлас азайған сайын берилетуғын саўап та кемейип ярим, үштен бир, төрттен бир, оннан бир болып кете берер екен.
Соның ушын намазды қолымыздан келгенинше толық қылып, ықлас пенен хушуъ-хузуъды орнына қойып, оқыўға ҳәрекет етиўимиз керек болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum xurmetli ustazlar allahim sizlerden razi bolsin sorawim sonnan ibarat.
Spirtti, araqti ukol salgan da salatugin jerge jagilip uqalanadi bunda spirt paydalaniw durispa
Ўа алайкум ассалам.
Спирт түрли нәрселерден алынады.
1-жүзим, ҳурма, бийдай ҳәм пал. Олардан таярланған мәс етиўши ишимликлер анық ҳарам болып, оларды бир нәрсеге дәри сыпатында пайдаланыў да дурыс емес.
2-жүзим ҳәм хурмадан таярланған. Бул да ҳарам болады. Булар араласқан емлеў усылы да дурыс болмайды. Оны ишиў ҳарам.
Жүдә мәжбүр жағдайда емлеп атырған адам кесел адамға “Буннан басқа еми жоқ” десе, зәрүрлик муғдарынша усы спирт қосылған дәриден ишсе болады. “Ниҳая” китабында айтылыўынша: “Ҳарам нәрсе менен емлениў, онда шыпа бар екени анық ҳәм оннан басқа еми жоқ болған ҳалда жайыз болады”, делинген.
3-жүзим ҳәм хурмадан басқа нәрселерден таярланған спирт, мысалы, бийдай ҳәм пал. Әбиў Ҳанифа ҳәм Әбиў Юсуф роҳимаҳумаллоҳлар нәздинде бундай спирттен пайдаланса болады. Мәс болыў мақсетинде ишиў жайыз емес, бирақ емлениў мақсетинде қолланса болады. Имам Муҳаммад нәздинде бул да нажас есапланады. Пәтўа имам Муҳаммадтың сөзине берилген. Фиқҳтағы улыўмалық балўа ҳүкимине көре, спирт араластырылған дәрилерди мәс етиў мақсетинде емес, ал емлениў мақсетинде пайдаланса болады. Ўаллаҳу аълам!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum allah biliminizdi ziyada qilsin sorawim pepsi coca cola mugdarinda 100din 10nan 1% ti alkogol dep esittim. Bulardi istemol qilsaq bolama
Ўа алайкум ассалам.
Гүман менен бир ис ҳаққында анық айтылмайды. Бул ишимликлердиң ҳарам екенлиги ҳаққында пәтўа жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. Aldinnan raxmet.
Menin kuyeuim mashini menen tashkentke ketip edi, jumislari menen. Suytip qaytarda jolda benzin quyatin bolip toqtagan eken tungi sagat 4 yarimlarda benzin quyip bolip tolemine plastik karta berse ol jer plastikke islemeydi eken qasindagi bar pulin berip 40min som qariz bolip qalipti nokiske barip paynetten salaman dep telefon nomerin algan eken. Endi ol kisinin telefonina paynet qilayiq desek basqa qate nomer bergen eken, ya kuyeuim aljasip jazip aldi qullas sol kisini taualmey atirmiz. Sol puldi qalay tapsirsaq boladi ya sadaqa qilip jibereyikpa, moynimizga qariz bolip qalmaydima.
Ўа алайкум ассалам. Жанылғы қуйған жерден сорастырып табыўыңызға болады. Қарыз пулды садақа етиў, мойындағы қарызды өтемейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma a'leykum. Meni to'mendegi soraw oylandirip ju'r. Ko'binshe ko'shede awqatlaniwima tuwra keledi geyde mende go'shlerine gu'man tuwiladi.
1. Ko'sheden go'shli awqatlardi jew orinli bolama?
2. Eger gu'man bolg'an jag'dayda jep qoyilsa ne boladi?
3. Ko'shede satilatug'in, asxanalardag'i go'shlerdi qadag'alawshi uyim barma?
Ўа алайкум ассалам. Бир тағамның ҳадаллығы еки жолға көре туўры болыўы керек. Бириншиси өзи ҳадал тағам болыўы, екиншиси сол тағам ҳадал пулға сатып алынған болыўы.
Көшелердеги асханаларда егер ҳадал нәрселер писирилсе,тапқат пулыңыз ҳадал болса, әлбетте аўқатланыў дурыс болады. Асханалардағы аўқатлардың гөшине гүманыңыз болса, сол жердиң ис басқарыўшысынан сораўыңыз керек.
Жәмийетлик орынлардағы барлық тағам таярлайтуғын асханаларды қадағалаўшы арнаўлы мәмлекетлик шөлкем бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ko'binshe jumadan shiqqanda qizketken kanali boyinda qushaqlasip turg'an jigit qizlarg'a dus kelemen. Bularg'a qanday na'siyat qiliwim kerek, qarap indemey o'tip kete bersem gu'nakar bolamanba? Keyin ko'shede bunday ta'rtipsizlik qilip atirg'anlarg'a meshit iymamlari bir eki awiz na'siyat qilsa jaqsi bolar edi.
Бундай аўҳаллардың жүз бериўи әлбетте шаңарақтағы тәрбияның пәслигинен дерек береди. Ата-ана өзиниң ул-қызына ар-намыс, ийбе, уят, ийман-инсап, намәҳрамлық мәселелерди үйретиўи лазым. Ата-ана болыў бул баланы дүньяға келтириў менен ғана болмайды, шырайлы тәрбия бериў де ата-ананың тийкарғы ўазыйпаларынан. Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы бәрше мешитлердеги имам хатиблер мектеплерде, басқа да оқыў орынларында үгит-нәсият жумысларын алып барады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз! Сизлердин ислеринизге рауаж. Соруым былыуынша: Коррупция жаман адет екенин билемен, бирак мен бул жаман баленин курбаны болып атырман, ягный пара берип атырман илажсиздан. Мен хар куни аллакга тауба кылып барсам, аллахым мени кеширема.
Ўа алайкум ассалам. Қылған исиңиздиң қәте ҳәм гүна екенин билгениңиздиң өзи туўры жолға биринши қәдем. Енди шын ықлас пенен тәўбе етип, бул исти қайта қылмаўға қарар етиўиңиз, истиғфар айтыўыңыз керек. Имам Ғаззалый тәўбе еткеннен кейин жақсы ис қылып қойыў да керек, деген екен. Себеби ҳәдиси шәрийфте жақсылықлар жаман ислерди өширеди, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы