Assalawma aleykum, bu'gin telegram kanalin'izda hayaldin' kuyewi aldindag'i minnetleri haqqinda oqip qaldim, endi erkektin' hayali aldindag'i minnetleri haqqinda da qizig'ip qaldim. Erkektin' shan'araq(hayali ha'm perzentleri) aldindag'i minnetleri, waziypalari haqqinda jazip o'tsen'iz dep edim. Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам.
paziyletuz телеграмм каналымызды гүзетип барың. Бул ҳаққында әлбетте жазамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1. Ассалаума алейкум! Адамларга (кошедеги) садака берген абзал ма, яки карыз сораганга ма?
2. Песин намаз уакты отип кетсе, каза етип 4 хам 2 ракат суннети де окылама?
Ўа алайкум ассалам.
1. Садақа бериў саўаплы әмел. Бирақ садақа бериўши садақаны кимлерге бериў керек екенин де билиўи лазым. Өйткени, берген садақамыз жаманлық жолына ислетилмеўи керек. "Мөминниң нажаты" китабында садақа алыўшылардың төмендеги сыпатлары саналған: Аллаҳтан қорқатуғын тақўалы мүтәж адамларға, мүтәж алымларға, итиқады дүзиў мүтәжлерге, биреўден нәрсе сораўға уялатуғын мүтәжлерге, бағыўшысы жоқ, қарыздар, аўыр кесел болған мүтәжлерге, ағайин-туўысқанлары ишиндеги мүтәжлерге.
2. Яқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум.
Намазда зам суре косып атырганда маселен 1-ракатда Мулк суресинин 1,2,3 аятларын, 2-ракатда Мулк суресинин 4,5,6 аятлпрын акыса болама?
Ўа алайкум ассалам.
Зам сүре бир узын аят ямаса үш қысқа аят болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1. Ассалаума алейкум! Куйеуимиз екеуимиз мамлекетлик жайларда ислеймиз. Хар айлык алганда азгана болегин садака етиуимиз дурыспа? (Мысалы кыйланган окыушыга даптер ручка апериу Соган уксас.)
2. Садака бермекши болсак кимге бериу дурыс?
Ўа алайкум ассалам.
1. Өзлериңиздиң мүтәжлигиңизден артқанын садақа етиў жақсы ис.
2. камбағалларға, яғный малы нысапқа жетпегелерге;
- бийшараларға, яғный ҳеш нәрсеси жоқларға;
- қарыздарларға, яғный малынан қарызы көплерге;
- Аллаҳ жолындағыларға, мысалы илим талабында жүргенлерге;
- жолда қалған мүсәпирлерге, үйлерине жетип алатуғындай муғдарда қаржысы жоқларға.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. менин сорауым омирлик жолдасым тан намаз окыйтын еди бугин биреўлер менен ишкилик ишиуге мажбур болган . енди таубе етип тахаратын алып намазын окый берсе болама . Кудайды ермек кылган болмайма .Менин корккан жерим Алланын кахри .Алланын ози баршемизди шайтаннын жаманлыкларынан асрасын Шайтаннын сууын ишиуге себепши болганлардын Алла жазасын берсин
Жууап ушын ози разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Гүна қылмай жасаў тек пайғамбарларға ғана тән. Олардан басқа ҳәр қандай адам гүна ислеп қойыўы мүмкин. Гүна ислеп қойсақ, Аллаҳ таалаға тезлик пенен қайтыўымыз, тәўбе етиўимиз зәрүр. Аллаҳ тааланың мийрими ҳәмме нәрседен кең.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alleykum sorawim bar edi juwap ushin aldinnan raxmet namaz waqtinda oramaldin tuymesi ashlip oramal sheshilip ketse keyin oramaldin tuymesin namaz waqtinda ildirip namazdi dawam etkenimiz durispa?
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқып атырғанда орамал ашылып кетип, намаз ўақтында жабылыўы шәрт болған жерлери ашылып қалса, үш мәрте тәсбиҳ айтатуғындай ўақыт ашылып қалса намаз фасид болады. Үш тәсбиҳ айтатуғындай ўақыттың ишинде туўрылап жаўып алса, намазын даўам ете береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар: менин сорауым уш кунлик ораза калай тутылады , бир айда (айдын басында, ортасында хам аягында) тутылама. Хам усы бир ай ишинде хайз келсе калай болады.
Ораза айы усы жылдын кайсы айына тура келеди усы сорауларыма толык маглыумат берсениз. Алла жумысларынызга берекет берсин.
Ўа алайкум ассалам. Нәпил оразаны жылдың қәлеген ўақытында тутса болады. Тек ғана еки ҳайыт ҳәм қурбан ҳайытынан кейинги үш күн, жәми жыл бойына бес күннен басқа қәлеген күнде ораза тутса болады. Ҳаял-қызлар нәпил ораза тутқанда ҳайыз күнлери келип қалса, оразаны тоқтатып турады. Қара оразасы бар адамлар нәпил оразаның орнына қаза оразаны нийет етип тутыўы керек.
Рамазан айы миләдий есап пенен май айының биринши он күнлигинде басланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Түсинде иҳтилам (жунуб) болған-болмағаны гүман болса не қылыў керек?
Төсекке ҳәм кийимге қаралады. Егер мәнийдиң изи болса, жунуб болған болады. Түсинде көрген я көрмегени әҳмийетсиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар, сорауым : Балагатка жетпеген кишкене балалар уйкысында басынкырап,шоршып шыкса дем салыуга болады деп еситип едим, сол дурыспа.Егер дурыс болса калай дем салынады. Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Балағатқа жетпегенлер де, балағатқа жеткен үлкен адамлар да мудамы өзине Қуран аятларын оқып дем салып жүрсе, жақсы болыўы китапларда айтылған. Пайғамбарымыз алайҳиссалам да жатардан алдын Ихлас, Фалақ, Нас сүрелерин үш мәртеден оқып өзине өзи дем салып жататуғын болған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum.
Ramazan orazasinin qazasin kieuinin ruxsati menen tutiui kerekpe. Kieuine aytpay tutip atirgan hayeldi kiyeui tosekke shaqirsa boysinu kerekpe. Tezirek juap jazsaniz.
Ўа алайкум ассалам. Қаза оразаны тутыў ушын күйеўиниң руқсаты керек емес. Төсекке шақырғанда ораза екенин айтыў керек. Шәрияттың ҳүкими усындай. Бирақ, шаңарақтағы жағдайларды, турмыслық жағдайларды есапқа алып, қаза оразаларды күйеўине де, өзине де, балаларына да қолайсыз болмаған күнлери тутқан мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум азиз устазлар. Сорауым томендегише. Мен жатарда куран тынлаганды унатаман. Копшилик уакытта тынлап уйыклап калганнан куран избе изликте танга шекем окылып турады. Бул исим дурыспа қәтема. Жане усыған уксас нарестени уйыклатыу ушын косык емес куран койып уйыклатса болама.
Тагы сорауым ата ананы хаж ямаса умрага жибериу ушын оз атыма кредит алсам болама. Кредитти албетте озим толеимен. Хадал мийнетим менен. Жууап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Жатып Қуран еситиў Қуранға ҳүрметсизлик болады.
2. Болады.
3. Дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam alikum wa rahmatullahi wa barakatuh
Menin sorawim bar edi. Men magazinde isleymen ol jerde araq sharapta satiladi. Menin ayligim haramnan barilip atirgan joqpa? Juwabiniz ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам хамр(арақ) бойынша он адамды нәлетледи: оны сығып таярлаўшы, оны таярлаўға буйырыўшы, оны ишиўши, оны көтерип тасыўшы, көтерип жүриўши, қуйып бериўшини, сатыўшыны, оның пулын жеўшини, сатып алыўшыны ҳәм сатып алып әкелип бериўшини». Усы ислер менен шуғылланыў дурыс болмайды. Бул ислер менен шуғылланыў берекет те алып келмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устаз, кылып атирган ислеринизге Алла разы болсын!!! Менин сорауым бар еди, Кептер багыу бойынша, халкымызда соз бар Кептер багыу киели болады Диди, сол жагинан кеннен тусиник берсениз?
Жуап ушын Рахмет!
Ўа алайкум ассалам.
Кептер бағыў жайыз, бирақ ибадатларды қылыўда итибарсызлыққа алып бармаўы лазым. Тек ғана кептерди емес, басқа жанзатларды бир жерге қамап баққаннан кейин әлбетте, оларға жуўапкер болады, оларға ўақтында азығын бериўи шәрт. Аш қалдырып кетиў гүнакарлыққа алып барады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссалама алайкум хурметли устазлар! Бәршеңизге қайырлы кеш. Мени ойлантырған сораулардың бири "Зуммә Қунт" деген гәптиң мәнисин аңлалмай қыйналып жұрмен. Сизден илтимас усы "Зуммә Қунт" деген гәптиң қарақалпақша аудармасын айтып берсеңиз. Алдыннан рахмет ийгиликли ислериңизге Аллах разы болсын. Әмийнь...
Ўа алайкум ассалам. Қайсы китаптан алынғанын келтириң, қәте жазылған көринеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalama aleykum ustazlar sorawin sipirt maxsulatlarin shipa retinde paydalaniwga yag'niy awirganda denege silawga jane ishinde spirt yaki sog'an qusas ishinde spirt arlasqan darilerdi istemal qiliwga bolama iltimas toliqraq tusindirme bersen'iz ALLAH RAZI BOLSIN BILIMIN'IZDI ZIYADA QILSIN
Ўа алайкум ассалам.
Спирт түрли нәрселерден алынады.
1-жүзим, ҳурма, бийдай ҳәм пал. Олардан таярланған мәс етиўши ишимликлер анық ҳарам болып, оларды бир нәрсеге дәри сыпатында пайдаланыў да дурыс емес.
2-жүзим ҳәм хурмадан таярланған. Бул да ҳарам болады. Булар араласқан емлеў усылы да дурыс болмайды. Оны ишиў ҳарам.
Жүдә мәжбүр жағдайда емлеп атырған адам кесел адамға “Буннан басқа еми жоқ” десе, зәрүрлик муғдарынша усы спирт қосылған дәриден ишсе болады. “Ниҳая” китабында айтылыўынша: “Ҳарам нәрсе менен емлениў, онда шыпа бар екени анық ҳәм оннан басқа еми жоқ болған ҳалда жайыз болады”, делинген.
3-жүзим ҳәм хурмадан басқа нәрселерден таярланған спирт, мысалы, бийдай ҳәм пал. Әбиў Ҳанифа ҳәм Әбиў Юсуф роҳимаҳумаллоҳлар нәздинде бундай спирттен пайдаланса болады. Мәс болыў мақсетинде ишиў жайыз емес, бирақ емлениў мақсетинде қолланса болады. Имам Муҳаммад нәздинде бул да нажас есапланады. Пәтўа имам Муҳаммадтың сөзине берилген. Фиқҳтағы улыўмалық балўа ҳүкимине көре, спирт араластырылған дәрилерди мәс етиў мақсетинде емес, ал емлениў мақсетинде пайдаланса болады. Ўаллаҳу аълам!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
assalamu aleykum.
bul kanalga qosilganli beri ozime koplegen narseler adim raxmet sizlerge...
sizge sorawim bastirinip jurmen tusimde bir qara narseler turtip ketedi turganimnan son sol jerlerim awrip qiynalaman uyqida emes jumista otirgan kezlerimde da shoshini0 ketemen bul neden bugan dinimizde ne degen?
tuste meshit te oz suygen insanim menen namaz oqip otirganimdi kordim bul jaqsiliqqama..?
juwap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Жатардан алдын әлбетте Ихлас, Фалақ ҳәм Нас сүрелерин оқып өзиңизге дем салып жатың. Бул сүннет әмел.
Мешитти көриў, ибадат етип атырған болыў тек ғана жақсылық болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз. Менин сорауым. Биреуге аманат пулы нпроцент пенен берсем, харам пул болама?
Ўа алайкум ассалам. Өсим менен берилген нәрсе мусылманшылықта дурыс емес, ҳарам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!
menin' sorawim to'mendegishe,
1. Ha'mledar hayallardin' qoyimshiliq jerlerge barip o'tkenlerdi eske aliwi yamasa ziyarat orinlarin ziyaratlawi haqqinda tu'sinik bersen'iz iltimas.
2. Er adamnan jinisiy qatnasiqta bolmag'an halda maziy (sperma) shiqsa g'usil etiliwi kerekpa?
Ўа алайкум ассалам. Қәбирстанларды зыярат етип жүриўши ҳаялларға нәлет болсын, деген ҳәдис бар. Бундай делиниўиниң тийкарғы себеби, әдетте ҳаяллар қәбирстанларда шәриятымызға кери ислерди ислеп жүриўи. Қәбирстан зыяратынан гөзленген тийкарғы мақсет ақыретти еслеў. Айырым уламалар ақыретти еслеў мақсетинде ҳаяллардың барыўы жайыз, деген.
2. Ғусыл етиўи лазым. Кеселлик себепли келген жағдайларда, яғный күш пенен шықпаған жағдайда ғусыл шәрт болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз АЛЛАХ адам пийшанасына омирин жазады дейди АЛЛАХ адамнын омирине сен ЖАННАТИЙ сен дозахый боласан деп жазыуы мумкинбе егер АЛЛАХ ол адамнын манлайына дозахты жазган болса ол адам канша дуа кылып такуа болсада дозахка кете береме ямаса ол ахырет инсаннын озинин колындама
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ тааланың Алийм деген сыпаты бар. Буның мәниси, Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени билиўши, дегени. Аллаҳ таала инсаниятты да оннан басқа нәрселерди де, дүньяда не болса ҳәмме нәрсени билиўши. Инсан жаратылмастан алдын ол инсанның қандай болыўы, қандай жасаўы, қандай өлиўи, жәннетке ямаса дозаққа кириўи, булардың ҳәммесин Аллаҳ таала биледи. Сол билгенине көре Лаўҳул Маҳфузда жазып қойды. Усыны тәғдир, деймиз. Егер бендениң келешекте не ислеўин Аллаҳ таала билмейди дейтуғын болсақ, онда Аллаҳ таалаға кемшиликти нысбат берип қойған боламыз. Бул қәте гәп болады. Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени алдыннан биледи ҳәм ҳәмме нәрсениң тәғдирин өлшеп қойыпты.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Хурметли устаз бир сорауым бар еди Сизлер уагызларда айтасыз адамолген уакта кабирде периштелер ахыреттеги орнын корсетип кетеди дейсиз енди ол адамга дозах корсетилген болса ол инсаннын изиндеги тири адамлар жакынлары перзентлери ол кисиге коп сауабын багышласа ол кисинин атынан садака зекетлер берсе хажы кылсада жаксы амеллерди багышлап майитке сауап жыйнап берген болса ол майиттин ахиреттеги тагдири озгерип жаннетке кириуи мумкинбе
Ўа алайкум ассалам. Мөмин-мусылман болып дүньядан өткен болса, перзентлериниң қылған қайырлы ислериниң саўабы жетип турады. Бул ҳаққында ҳәдиси шәрийфлерде айтылған. Сондай ақ, мөмин-мусылман адам дүньяда ислеген ислериниң парықланыўына көре ақыреттеги дәрежелери де түрлише болады. Адам баласы дүньядан өткенде оның әмел китабы жаўылады, тек ғана үш жол менен оған саўап жетип барыўы мүмкин, әне солардан бири изинде жақсы әўлад қалдырған болса, сол әўладтың дуўалары, жақсы ислеринен әлбетте оған саўап жетеди.
Ашық айдын мөмин-мусылман болмастан өтип кеткен адамлардың изинен ҳәттеки дуўа да қылынбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы