Assalawma alaykum. Menin sorawim:,bala tuwilganda atin qoyarda azan qulagina aytip bolip atin qoyadi deydi. Bizler olay qilmay qoyilip ketti ziyani joqpa yamasa kesh bolsada soytsek bolama
Ўа алайкум ассалам. Бала туўылғанда оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтылады. Нәрестениң биринши еситетуғын сөзлери азан ҳәм тәкбир болыўы керек. Ат қойыў басқа мәселе. Азан айтқан ўақытта атын қойыў шәрт деген жери жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сорауым 1.Намаз окып атырганымда тушкирип коя беремен,бунда намаз бузылмайма 2. Балага исим койыу хаккында Бектемир исми кандай манини билдиреди? жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Түшкириў намазды бузбайды.
2. Бектемир өзимиздиң тилдеги сөз. Темирдей беккем ел азаматы, деген мәниде.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Alla islerin'ge rawaj bersin. Qilip atirg'an jaqsi islerin'izden alla razi bolsin.
Sorawim: Istig'for aytiw degende men internetten izlesem sayyidul istig'for degen shiqti. soni yadlap alip aytip jurip edim. Biraq istig'fordi paziylettin telegramm saytinda basqa etip jazilip tur eken. menin aytip jurgen sayyidul istig'forda
sog'an kiredima. Allaxumma anta robbi... dep baslanadi.
Ўа алайкум ассалам.
Истиғфардың айтылыўы түрлише. Ең тилге жеңили: "Әстәғфируллооҳ", деп айтыў. Сондай-ақ, сәййидул истиғфарды айтыўдың да көп пайдалары бар. Сәййидул истиғфарды пазыйлет.уз телеграмм каналында шығарамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум, сорауым, не ушын Куран китабы сырты жасыл обложка болып исленген, бир себеп болганба или случайно танланганба?
Ўа алайкум ассалам. Китаптың сыртына емес, ишине итибар бериў керек. Китаптың сыртына рең бериў, сол китапты басып шығарыў ислеринде дизайнердиң ўазыйпасы, бул Қуранға байланыслы емес. Сырты ақ, көк, қоңыр, қызыл етип басып шығарылған Қуран китаплары да бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум уа рахматуллахи уа баракатух. сорауым адамнын денесинде татуировка болса тахарат кабыл болмайма.? соны толык тусиндирсениз татуировка жайында. сизлерден Аллах субханаху уа таола разы болсын амин.
Ўа алайкум ассалам. Ийне менен сызыў да, сыздырыў да шәриятымызда қайтарылған ислерден. Тәўбе етип бул истен қайтыў керек. Тәўбе еткеннен кейин жарақатлап алып таслаў шәрт емес. Таҳараты, намазы дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым балага акика бериу,шаштын ауырлыгындай гумис садака бериу парызга киреме. Баланын кулагына азан шакырып ат койыуды кыркынан шыккансын койыуга болама.
Ўа алайкум ассалам. Сүннет әмел. Қурбы жеткен қылады, қурбы жетпеген қылмаса да болады. Бала туўылғанда илажы барынша тезирек азан айтыў керек. Ат қойыўды жети күннен кешиктирмеў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум кәдирли устазлар. Сорауым, кешегиде саитыңызда Тилауат сәждеси деген теманы жане тусиндирмесин оқыдым. Сол жерде Иншиқоқ суресиде бар екен. Мен коп сурелерди билмеимен тек билгенлеримди кұнде жолда, рульде, жумста каиталап окып журемен. Солар ишинде усы Иншиқоқ суресиде бар. Ал бул суре сәжде аяты бар сурелер катарына киреди екен. Сонда мен Иншиқоқты булаи дус келген жерде жане дус келген шарайытта окығаным дурыс емеспа.
Ўа алайкум ассалам. Тиләўат сәждеси бар сүрелери оқып жүриўге болады. Тиләўат сәждеси бар аят оқысаңыз, намаз оқыўға таҳарат алғаныңыздан кейин сәжде қылып қойыў менен де өтеледи. Тиләўат сәждеси бар екен деп сол сүрени таслап кетиў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум устазлар. Мен жакында магазин ашкан едим. Коп кагаз коп акша коп уакыт жумсап. Касымызда бизден 1 жыл бурын ашылган тагы магазин бар. Бирак олардын хеш бир документи рухсаты жок. Кулласы (не законный). Енди сол магазин ийеси оз адамларын (қулак шпион) жиберип бизде не бар ценасы канша документимиз барма лиценция барма соны шукып жур. Нийети аягымыздан шалыу. Егер мен олардын нызамсыз магазин ашып отырганын жокарыга жазсам оны 1 кунде жауып тастаиды. Бирак ондаи кылыудан Алладан коркаман. Хар кимнин рыскысы болек деп. Сорауым егер олар абден шукып саудама зыянын тийгизетугын болса олардын саудасын токтатып жаптырып тастауыма болама. Шарият нызамлыгында.
Ўа алайкум ассалам. Шәриятымызда да нызамсыз түрде жумыс алып барыў қадаған етилген. "Өзлериңизден болған баслықларға бойсының" аяты тийкарында мәмлекеттиң шығарған нызамларына бойсыныў ўәжиб ҳүкиминде болады.
Анық билмеген нәрсени айтыў да дурыс емес. Бул мәселеңизди сол тараўдың бақлаўшы хызметкерлерине ҳаўала етиўиңиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум. Мен откен жыллары жаннет дозах хаккында коплеген уагыз уакияларды тынлап журдим. Сол кунлери тус кордим. Тусимде соз бенен тарийплеп болмас сулу жерде тур екенмен. Жазыл тәбият. Бийик таудан шаршара агып тур. Озимше жаннетте турман деп оиладым. (Қудаи кеширсин) Сол жерде ак кийимли сакалы кара бойы узын кисини кордим. Ол Нух алейҺиссалам деген сезим болды. Тагы бир кисини капталынан кордим. Ол Муса алаиҺиссалам деген ой болды. Ушинши киси терис карап тур екен. Ол паигамбарымыз Мухаммед с.а.у деп оиладым. Усы тусимди баскаларга аитуга кызгандым. Кейин жаксы тусти жаксыларга аиту керек дегенди еситип соны аитып атырман. Енди мени оиландырып жургени бул сол уакыттагы уакызлардын тасиринен корген кыялый тус емеспекен. Ямаса илахи туспекен...?
Ўа алайкум ассалам. Биз түс жорыўшы емеспиз. Әлбетте, жақсы нәрселерди, жақсы адамларды түсте көриў жақсылыққа.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз. Ҳарам нәрседен болған сорпаны билмей ишип қойдым, енди не етсем болады?
Ўа алайкум ассалам. Шәриятымызда билместен қылынған нәрсеге қәлем көтерилген. Тәўбе етип, Аллаҳ тааладан бундай нәрселерге жолықтырмаўын қәлбтен дуўа етип сораң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз. Жана тууылган баланын шаш,тырнагын калай хам кай уакытта алса болады.
Ўа алайкум ассалам. Жети күнлигинен баслап шашы алынса болады. Алынған шашы аўырлығында алтын ямаса гүмис яки солардың бириниң баҳасындағы қаржына жарлы адамларға садақа етиў мустаҳаб, яғный жақсы ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам Алейкум устаз карыз хаккында тусиндирсениз, карыздын бул дуньяда хам ол дуньяда коретугун зарерлери кандай болады? Жууап ушун алдыннан рахмет Аллах разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Қарызды алды-берди еткенде жазып қойыў мустаҳаб. Қарыз биреўдиң ҳақы болып, оны ийесине қайтармаған адам Аллаҳ тааланың буйрығын қылмаған болады. Дүньяда да, ақыретте де Аллаҳ тааланың жазасына ушырайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustazlar.Men oqiwga kiriw ushun hareket etip atirman Nokis qalamizdagi Medinsitutqa tapsirmaqshiman keleshekte shipaker boliw niyetim bar inshaalah. 3 jili oquwga tapsiriwim. ozimde namaz oqiyman. bilesizbe ustimnen kuliwshiler meni tusinbeytuginlar kop.Bir kuni keshte Alla Talla ga magan jaqsi narsege alip bariwin sorap dua qilgan edim. Sol kunen berli kewlimde Qizlar oqiytugin medresege tapsiriw kewlimde ottay jana basladi sol jerde oqigim keledi biraq Akeme aytqan waqtimda Medinstutqa tapsira ber 3ayliq kurista oqirsan Qurandi sol jerde uyrenesen dedi. Men qaysi joldan baruwdi bilmey atirman.Magan maslahat berseniz ham jane iltimasim testke kirgende oqiytugin jaqsi dualarinizdan aytsaniz yad algan bolar edim.Ham menin ushunda dua qilsaniz Juwap ushun aldinan Raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Бул мәселени әкеңиз, анаңыз бенен ойласып бир шешимге келиң. Аллаҳ тааладан оқыўыңызға табыслар тилеймиз. Елге, халыққа пайдалы бир кәсип маманы болып жетискейсиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалауму алейкум бала тууылганда не онылады? Бизлер ондай кылмаган едик енди кешпа
Ўа алайкум ассалам. Оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтылады, перзенттиң келешекте жақсы бир адам болып жетисиўине дуўа етиледи. Ўақтында қылынбаған болса, билген ўақытта ислеўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум. Сорауым сапарда жолда поездда намаз оку тартиби кандаи. Откенде общый вагонга миндим. Адам коп 1 орынга 4 адамнан тууры келип калады. Сол уакытта бир агамыз 4. 5адамды тургызып бир орынды бәнтлеп намазын окыды. Сол арада поезд жолын озгертип бурылыслардан отип шамамда кубла тарепте озгерген сыяқлы. Сол ағамыздын ислегени дурыспа.
Ендигиси булда жолда болган уақия. Ораза айында автобусқа колында 0.5 баклашкада суы бар апаи минип отырган жас жигиттен орын сорады. Ол жигит буган жууап ретинде мынандаи деди." Апа озиниз улкен кисисиз ораза айында оразада устамагансыз. Мен ораман. Сол ушын сизге орын бермимен"- деп орын бермеди. Билиуимше ораза устаганын миллет етпеу керек. Мумкин апаидын жагдайы бар шыгар. Ауырыу шыгар...
Ўа алайкум ассалам.
1. Намазды ўақтында оқыў парыз. Қасында отырғанларға илтимас етип, руқсат алып оқыўы тийис. Ҳәр қандай инсаплы адам бундай ўақытта, руқсат береди. Қубла мәселесине келсек, қолдан келгенше шамалап көреди ҳәм сол тәрепти қубла деп нийет етеди.
2. Ораза тутқан адам дегени толық әдепли адам дегени емес. Айырымлар диний әмеллерди ислеп жүргени менен әдеби оған туўры келмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Менин сорауым риба тууралы. Егер бир нарсе сатып алыу максетинде жыйнап атырган акшанды баска елдин валютасына алмастырып койсан, сон жетерли акша жыйналган сон оны озлеримиздин валютага алмастырып алсак бул рибага алган болып есапландыма. Амеллер нийетке карап бахаланады делинеди. Бунда акшаны алмастырып атырганда пул сауылып кетпесин деген нийет пенен косылып уакыт отиуи менен баска елдин валютасыда кымбатыйды деген ойларам болган. Усы маселе бойынша Куранда не делинген. Егер бул риба болып есапланса енди не кылыу керек, маслахат берсениз. Алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бир жыныстағы еки нәрсени алмастырғанда бири көп екиншиси аз болса риба болады. Еки түрли пул еки түрли жыныс есапланады. Сиз айтып турған жағдайда риба болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум! Хажы сапарына барыу жас танлайдыма жууап ушун алдннан Рахмет
Ўа алайкум. Балағат жасына жеткен ўақыттан баслап өмирде бир мәрте барыў парыз әмел.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum.
1. Hijama tuwrali ken’rek mag’lumat bersen’iz.
2. Hayel qizlardin shash qiyiwi tuwrali islamda ne
delingen
3. Mahir berilmese ortag’a neke tuspeydi deb esitip edim sol qanshelli duris?
Juwaplar ushin aldinnan raxmet. Allahimnin nuri jawsin. Barshemizden razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳижама бул - қан алдырыў.
2. Мусылманшылықта ҳаяллар еркеклерге уқсап жүриўден қайтарылған. Ҳаяллар күйеўиниң руқсаты менен еркеклерге уқсатпай кесиўи жайыз.
3. Мәҳрди кейиншелик берсе де болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Хаял адам гусыл кылганда егер шашы узын болса оны жууыу шартпе?
Ўа алайкум ассалам.
Узын шашлы ҳаяллар шашлары өрилген болса, ғусыл қылғанда шашларын толық жуўмастан, шашларының түбине суў жеткериўиниң өзи жетерли.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Мен откенде мешитке балага азан шакырып ат койдырыуга барганымда мени менен хабарласкан ага не маселеде келдин дем салыу керекпа деди. Сол гезде ол созге онша итибар бергеним жок. Балам уйклап жатып козлерин тонкерип коркынышлы тус корип атырган адамдай тыныш уйкламайды. Уйкысы тыныш емес. Сорайын дегеним усындай жагдайда балага дем салыуга болама.
Ўа алайкум ассалам.
Қуран аятларынан оқып, Аллаҳ тааладан жақсылық, ден-саўлық, аманлық тилеў дурыс ис. Сондай-ақ, азанда ҳәм кеште, жатар алдында Фатиҳа, Ихлас, Фалақ, Нас сүрелерин оқып ҳәр ким өзине дем салып жүриў пайдалы. Қуран аятларын дурыс оқыўды билмеген адамлар, Қуран оқыўды билетуғын, тақўалы, ийман-инсаплы, Аллаҳтан қорқатуғын адамларға дем салдырса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы