Ассалаума алейкум! Сорауым соннан ибарат:
1. Алла Тааланын бар екенин мойынламайтын адамнын окыган куран аятлары (ягный мархумларга арнап) кабыл боладыма?
2. Алла Талланын бар екенин мойынламайтынларга бул исинин Кате екенин калай тусиндирсек болады?жууап ушин алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Аллаҳ тааланы мойынламайтуғын адам шәрият тилинде мусылман есапланбайды. Мусылман болмаған адамның жақсы ислери ҳабата, яғный жоққа шығады.
2. Жақсы сөз бенен, ақыл-нәсият пенен, илим менен түсиндириледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сизиң сауаплы хəм ийгиликли ислериңизде шаршамай халықты хəрдəйим риза қылып жүре бергейсиз.
Сорау: Маған хəзирде көпғана нəпак инсанлар "ислемеген исимди иследи" деп жала жауып атыр. Сыртымнан көпғана жаман ислер ислеп изимнен жаман сөзлер айтпақта. Мен бул жағдайдан қалай шықсам болады? Сабыр етип қол қауыстырып отыра алмайман.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте, биринши нәўбетте Аллаҳға дуўа етиў, бундай айыплардан қутқарыўын сораў зәрүр. Сондай ақ, ҳақ нәрсениң ҳақ екенин көрсетиў ушын зәрүр шараларды көриў лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум. Менин бир сорауым бар еди. Сорауым турмыс курмаган жигит пн турмысынан ажыраскан қыздың некесине қалай карайсыз? Жуап ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Биз фиқҳ китапларында айтылған ҳүкимлрди айтамыз. Өзимизден пикир қосыўымыз дурыс болмайды. Үйленбеген жигит пенен турмыстан қайтқан ҳаял арасында неке түседи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ассаламу алейкум уа рахматуллахи уа баракатух хурметли устазлар сизлерге сорауим
оразаны жакин адаминнин орнина устауга болама устаган жагдай да кандаи дуа килиу керек
Ўа алайкум ассалам. Рамазвн оразасы парызы айн есапланады. Соның ушын да басқа адамның орнына Рамазан оразасы тутылмайды. Ҳаж мәселесинде Ҳаж бадал етсе болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум бул ислеринизге Аллах береке берсин Аллах разы болсын.
1 менин танысым пластик журетин жердин барине пластик жумсар екен керек болса пластикке ун х.т.б затларды алып арзанлау бакада илажсыз нак пулга сатар екен илажы болмаганда керекли пулын гана 5%алмастырар екен сол дурыспа кате болса не клсак болады дйди кенрек тусник берсениз!
2 медиреседе окганлармен бирге журеди бес уакыт намаз окйды жакыны кайтыс болганда еки куннен кйн жаназасы болды .сол себепли адамлар арасында тартыс болды Сорауым Жаназаны тез шгарыу парызба яки суннет амелме сосн олжерде аукат ушкинге дейн асылмайды деди асылса харам деп еситтим олбаска адамларга асылганыма яки сол уйдеде асылганыма
Ўа алайкум ассалам.
1. Пластиктеги пул менен нақ пул бир жыныстағы нәрсе болғаны ушын пластиктеги пулды процент есесине алмастырыў мүмкин емес.
2. Мусылманшылық әмеллери пәлен бир адамның ислери менен өлшенбейди, ал ислам шәрияты китаплары менен белгиленеди. Пәлен мақсым бир ҳарам исти қылса, сол ис шәриятта бар дегени емес. Ал сол адамның нәпси соған буйырғанын көрсетеди.
Жаназаны тез шығарыў Пайғамбар алайҳиссаламның буйрығы. Жаназа шыққан үйде үш күнге шекем аза болады. Аўқат асыўы дурыс болмайды. Бул ислер бир нешше мәртелеп айтылды ҳәзирде де айтылмақта, өзимизде бул бойынша илим пайда болғаннан кейин буған әмел етиўимиз керек. Пәленше мақсымның ямаса пәленше ақсақалдың бул исти қылмаўы олардың шәрият әмелине қайшы ис ислегенин ҳәм гүнаға батқанын көрсетеди, олар қылды деп бизлер де ондай ислемеўимиз керек. Аллаҳ таала бизлерге гүнаға батпаў жолын көрсеткен екен, туўры жолдан жүриўимиз, пәленшелердиң емес мусылманшылықтың гәпине жүриўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алекум
Биз ауил турғини болғансоң хажетқана уйимизден 5 яки 10 метр алис тунлери телефонниң жариғинан файдаланамиз, Телефонда сурелер болса хажетқанаға кириуге болама?
Ўа алайкум ассалам. Мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma Alikim
Sorawim
1 men jaxinda turmisqa shiqtim men kuyewime qanday munasebete boliwim kerek
2 turmis jayimda qanday boliwim kerek
3 semyani saqlap qaliwdin baslisi nede semya mangi boliw ushun nelerdi qilip nelerdi qilmawim kerek toliq juwap jiberseniz iltimas ustaz aldin ala raxmet
Ўа алайкум ассалам.
Ҳаялдың күйеўи алдындағы миннетлери
Өз үйине байланған, күйеўине мудамы бойсынған, өзине қараған, үйин тәртипли ҳәм азада сақлаған, балаларына шырайлы тәрбия берген, шаңарағын бахтияр ете алған ҳаял – ҳаяллардың ишиндеги ең жақсысы есапланады. Ҳаял әсиресе күйеўиниң өзиндеги ҳақларын жақсы билип, оларды толық орынласа ғана қостарлық миннетин орынлаған болады. Ҳаялдың күйеўи алдынғы миннетлери бул – күйеўдиң ҳаял мойнындағы ҳақлары есапланады. Бул ҳақлардың ең әҳмийетлилери төмендегилер:
1. Ҳаял күйеўиниң ҳақысын өзи ҳәм барлық жақынларының ҳақысынан да алдыға қойыў керек, себеби мойнындағы күйеўиниң ҳақысын орынламаў оған қарсы шығыў ҳәм бойсынбаў саналады.
2. Ҳайыз ҳәм нифас күнлеринен басқа пайытлары күйеўи оннан рәҳәт ҳәм ләззет алыўды қәлегенде ҳеш қандай бәнесиз таяр болыўы тийис. Бул мәселеде күйеўине тосқынлық қылыўы, күйеўиниң оның менен қосылыўы тилегин ҳәр қандай ўақытта қайтарыўы мүмкин емес. Егер күйеўиниң талабына жуўап бермесе, гүнакар болады, периштелердиң нәлетине ушырайды. Бул ер адамның ҳаялының мойнындағы ең әҳмийетли ҳақларынан, екеўи бахытлы болыўының тийкарғы себеплеринен саналады.
3. Ҳаялы күйеўинен руқсат алмай нәпил ораза тутыўы мүмкин емес, себеби ораза ләззет алыўға тосық болып есапланады.
4. Ҳаял күйеўиниң руқсатысыз оның ҳеш нәрсесин өзиниң жақынларына бере алмайды. Егер берсе, ҳаялына гүна, ал күйеўине саўап болады.
5. Ҳаял күйеўиниң руқсатысыз үйден шығыўы, үйден басқа жерде ислеўи жақсы емес. Күйеўи руқсат берсе, ислеўи мүмкин. Егер күйеўи қәлемесе, басқа ҳаялларға да араласпаўы тийис.
6. Ҳаял Аллаҳ берген ырысқы-несийбеге разы болыўы, ҳә деп ынжықлық етип күйеўине наразылығын билдире бермеўи керек. Турмыс қыйыншылығы, төмен аўҳалға түскени қалса, оның ушын ғәзепленбеўи, бийҳаялық қылмаўы зәрүр. Ал, қанаат етип, күйеўиниң ырысқы табыўдағы машақатларын қәдирлеўи, ҳарам кәсипке өтиўинен қорқып, оннан қәжетинен артығын талап етпеўи керек. Күйеўин де сабыр-қанаатқа шақырып, ҳарам пул табыўдан ескертиўи тийис. Бурын кемпир апаларымыз жумысқа шығарып салып атырып: «Ҳарам кәсиптен сақланың, биз ашлық ҳәм қыйыншылыққа шыдаймыз, бирақ дозақ отын шыдай алмаймыз», дейди екен.
7. Ҳаял денесиниң жасырылыўы керек болған жерлерин бекитиўи, сыртқы көриниси ҳәм зийнетлерин күйеўи ҳәм мәҳремлеринен басқаларға көрсетпеўи керек. Ҳаялдың жалаңашланыўы, кийимлерин күйеўинен басқаға шешиўи, келте, тар ҳәм мөлдир кийимлер кийиўи ҳарам есапланады.
8. Ҳаял күйеўиниң достына да өзин бийтаныстай тутыўы тийис. Күйеўи жоқта оның досты есик қақса, өзин ҳәм күйеўин қызғанып, оның менен сөйлеспеўи керек. Себеби, адам достының ҳаялы менен танысады екен, бул нәрсе әдетте қызғаныш ҳәм жәнжелге себеп болады.
9. Ҳаял шырайы менен күйеўине мақтанбаўы, күйеўи сулыў емес болса, жаман көрмеўи, егер өзи бай болса, буның менен өзин жоқары санамаўы, күйеўин басқа еркеклерге салыстырмаўы тийис.
10. Ҳаял перзентлерине мийримли болыўы, оларды урысып-ғарғаўдан, күйеўине бетсизлик пенен мүрәжат қылыўдан тилин тыйыўы, оның жақсылықларын ҳәм хызметлерин инкар етпеўи тийис. Булар жүдә аз сандағы ҳаяллар әмел қылатуғын қәсийетлер саналады. Себеби, көплеген ҳаяллар балаларын ғарғаў, күйеўинен азғана жаманлық яки кемшилик көрсе, оның барлық жақсылықларын есинен шығарып жибериўи менен белгили болған.
Ал, төменде ҳаяллардың әдебине киретуғын әҳмийетли ўазыйпаларды еслетип өтемиз:
- Күйеўи үйге кирип келгенде, ҳаялы оны орнынан турып, ашық жүз ҳәм күлимсиреп, «Хош келдиңиз, бегим» (ағасы) сыяқлы сөзлер менен қарсы алыўы керек.
- Күйеўиниң сыртқы кийимин шешип алады, қолындағы нәрсеси яки жүгин алады, шөллеген болса, шай яки суў усынады.
- Ҳаял күйеўиниң ҳәр бир әмирине бойсынады, оның гүна болмаған ислерин ҳәм тапсырмаларын булжытпай орынлайды.
- Күйеўи жатағына шақырса, түрли сылтаўлар келтирип бас тартпайды, бас тартыўын өш алыў қуралына айландырмайды, нәпсини күйеўиниң тилеклерине бойсындырады.
- Ҳаял күйеўиниң киймлерин жуўып-тазалайды, жыртығын тигеди, буйымларын қәстерлеп, сақлайды.
- Күйеўиниң ас-нанын писиреди, дастурханын дүзейди,мийманын күтеди.
- Күйеўиниң шырағын жағады, төсегин төсейди, ошағын жағады.
-Күйеўиниң ғусыл ҳәм таҳәратына суў таярлап береди, егер ол қәлесе, ғусыл ҳәм таҳәрат қылыўға жәрдемлеседи.
- Ҳаял күйеўине өзиниң байлығы, шығысы яки гөззаллығы менен мақтанбайды. Күйеўин басқаларға салыстырып, байлық, лаўазым, руўзыгер тутыў сыяқлыларда оларға уқсасын талап етпейди.
- Кийим-кеншек, азық-аўқат мәселелеринде күйеўине ҳеш тәшўиш келтирмейди, итияжынан артық нәрселерди буйырып, оны қыйын аўҳалға салмайды.
- Даўысын күйеўиникинен көтерип, бийҳаялық ҳәм әдепсизлик көрсетпейди, сөзинен яки минезинен оған зыян келтирип, жанынан тойдырмайды.
- Күйеўи барында да, жоғында да оны дуўа қылады, Аллаҳтан тақўа ҳәм инсап, екеўине татыўлық ҳәм бахыт тилейди.
- Тек күйеўи ушын безенип, кийинеди, ийбе ҳәм намысын өзгелерден сақлайды, намәҳрем адамларға жүзбе жүз келмеў шараларын көреди, күйеўи ҳәм үйиниң абыройын пәк тутады.
- Күйеўиниң үй-жайы, мал-мүлкин абайлап-асырайды, оның руқсатысыз ҳеш нәрсени басқаларға бермейди.
- Күйеўиниң төмен, жарлы яки мүтәж болып қалған күнлеринде буны бетине баспай, кемситпей, тәселле береди, булар бир имтиҳан екенин, тез арада өтип кететуғынын айтып, кеўлин көтереди.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu 'alaykum ua Rohmatullohi ua barokatuh. Domlalar O'zbekiston madrasalariga test topshirib o'zimizni sinab ko'rsak bo'ladimi?(proba testlari) madrasaga oltin medal o'tadimi? Oldinnan Rahmat, Alloh rozi bo'lsin.
Ўа алайкум ассалам. Медреселерде болатуғын кириў имтиханлары өзин сынап көриў ушын емес.
Алтын медаллары бар талабанлар ушын кириў имтиханларына артықша балл қосылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум. Хамменизден Алла разы болсын.
Сорауым: Хамледарман. Хамлем намаз окыуыма кыйыншылык туудыратындай улкен емес. 3.5 айлык. Врач коригине барып едим. Хамле оте кауипли болып тур. Тусип калыуы мумкин. Тек жатып, сакланып жур деди. Синлимнин айтыуынша бундай жагдайда суннет намазларымды тарк етип турсам болады екен. Бул дурыспа? Ауырлык туспеуи ушын отырып окып турсам болама?
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала ийгиликли перзентлерден берсин. Ҳәмиледар ҳаялларға турып намаз оқыў қыйыншылық туўдырса, отырып оқыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум! "Хажарул асуад" хаққында толық мағлыумат берсениз. Өтиниш. Рахмет
Ўа алайкум ассалам.
Ҳажар ул-асўад «Қара тас», дегени болып, ол Кааба есигиниң шеп тәрепиндеги мүйеште желке барабарында жайластырылған қара тас. Ҳажылар оны ҳүрметлеп сүйеди, себеби оның жәннеттен шыққанлығы туўрысында рәўият бар. Ҳаж мәўсиминде Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салам да оны сүйген. Соның ушын имкәни болса, ҳәр бир ҳажы сүйиўи, иләжи болмаса, белгили ишаралар ҳәм тәкбирлер менен кипаяланыў сүннет болып қалған. Каабаны таўап қылыў Ҳажар ул-асўад жайласқан мүйештен басланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум! Иштен сүннет етилип тууылған баланың хукми, яғный оны қайтадан сүннет етиў хаққында айтып берсениз. Өтиниш. Алдыннан Рахмет
Ўа алайкум ассалам. Сүннет етиў шәрият тилинде хатна, делинеди. Хатна болып туўылған балалар хатна етилмейди. Хатна болып туўылған балаларда, егер артықша ет болса, алып тасланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
харам лұқма жегендердің ибадаты кабыл болмайт деп окыдым. тек парызды орынлаган болып сауабын алалмайт екен. илтимас 2жылдан бери усы сурауга жауап қыдырып журмен.
Ҳарам луқмадан қайтып, тәўбе етиў керек. Аллаҳ таала ҳадал еткен кәсип пенен шуғылланыў зәрүр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссәәламу әләйкум хурметли устазлар! Алла жумсларңызға береке бергей әмин!
Сорауым: Көп ушрасатын адамлар өзлерниң көликлерне қызыл шиберек, түйениң жүнинен есилген жип яки таспи хәм турли тумарларды асып қойады. Бул ислер динимизге қайшы келмейме?
Ўа алайкум ассалам. Машинаға зийнет ушын ямаса пайдаланыў ушын тәсбиҳ асып қойыўдың зыяны жоқ. Бирақ айырым түсинбеген адамлар, мени сақлайды, деген қәте итиқадта түрли нәрселерди асып қойыўы, әсиресе, қызыл қағазларды алдыңғы айнаның шетине қойыўы қәте ис. Мусылманшылықта бундай түсиник жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.Менин бир илтимасым бар еди "Бахара суресин" жазып жиберсениз мен жазып алып ядлап журген болар едим. Алла сизлерден разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Бақара сүреси Қураны кәриймдеги ең үлкен сүре, еки ярым пара, яғный елиў бет әтирапында. Буны арабшадан ядлағаныңыз жөн.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағалейкум қурметті ҰСТАЗ дар мен «Хидаят» журналында «Жин хәм шайтанлардың зыянынан сақлану жолы» деген мақаладан мына узиндини оқып едим:
Бизге белгили, жин хәм шайтанлар адамларға араласып жасайды. Үйинде түнейди, тамағынан жейди, перзентлери, байлықларына шерик болады…
Сұрайын дегеним мысалы: әйелимизбен жақынлық қылғанда да шайтан шерик болама? жақынлық қылғанда «Бисмилла» ны айтамызба яки айтпаймызба? Жауап ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам.
Жақынлықтан алдын "Аллооҳуммә жәннибнәш шәйтоон. Ўә жәннибиш шайтоонә мәә розәқтәнәә", деген дуўаны оқыў лазым.
Мәниси: Аллаҳым шайтанды бизлерден шетлет ҳәм бизлерге ырысқы еткениңнен шайтанды шетлет.
Китапларда айтылыўынша, ким бул дуўаны оқығаннан кейин перзентли болса, ол балаға шайтан зыян жеткере алмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu aleykum. Hurmetli ustazlar sizlerden Alla razi bolsin. Taxarat waqtinda ayaqlarin shep qol menen juwiw kerek. Sorawim Bir adamlardi koremen taxarat waqtinda ayaginiñ sirtindagi masi yaki galoshin juwadi masisin sheshpeydi. Sol hareketine tusinbedim. Aldinnan Raxmet.
Ўа алайкум ассалам.
Таҳарат алып мәси кийилсе, муқим адам бир күн даўамында, ал мүсәпир адам үш күн даўамында мәсиге масҳ тартыўы мүмкин. Ўақыт таҳараты сынған ўақыттан баслап есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устаз, кылып атирган ислеринизге Алла разы болсын, Менин сорауым бар еди,
1)Машина алып сатыу барысында, бир машинага устине белгиленген мугдарда пул койып сатыуга, шариятымызда корсетилгенбе?
2) Дос балларым биреудин айбын ашыу туралы, маселен: уйклап атирган жорамизди суретке тусирип группага таслап атир сол болама, хамме кулип атир, Ол болмайды хаммеге корсетген кулдиргенин ушын гуна жазилади десем, дослардын арасында гуна жазилмайды деп коймайды!?
Сорауым колайсыз болса кеширесиз , Жуабыныз ушин алдыннан Рахмет Алла разы болсын!!!
Ўа алайкум ассалам.
1. Сиз айтып атырған ис саўда болады. Саўда шәриятымызда ҳадал.
2. Биреўдиң үстинен күлиў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Бир рууга тийысли жигит бенен кыз турмыс курса болама. Озинин рууыннан кыз алсан тууылатын балан, алланын ози сакласын, ауырыу болып тууылады деген гап каншели дурыс. Алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Шәриятымызда "маҳрам" түсиниги бар. Бул неке түспейтуғынларға айтылады.
Нәсил-насаб ҳәм әўлад тәрепинен некелениў ҳарам болған ҳаяллар:
А) ана, ата-ананың аналары, ата-әжесиниң аналары ҳәм тағы басқа;
Б) қызлар. Ул-қызларының қызлары ҳәм бәрше қыз ахлықлары;
В) апа-сиңиллер, аға-ини, апа-сиңиллердиң қызлары. қыз ахлықлары;
Г) аммалар, дайы апалар, ата-ананың амма-дайы апаларын.
Д) емизген ҳаялға ҳәм жоқарыда саналаған оның ҳаял туўысқанларына;
Е) өзгениң некесинде яки иддасында болған ҳаялға.
Неке себепли маҳрамлар
Төмендегилер неке себепли маҳрамлар есапланады:
- ата-ананың, олардың ата-аналарының жубайлары (яғный, өгей ата-аналары);
- перзентлердиң жубайлары;
- қайнапа-қайнаталар, олардың ата-аналары (бул маҳрамлыққа неке болыўының өзи кипая, қосылыў шәрт емес) ;
- ерли-зайыптың басқа шаңарақтан болған перзентлери ҳәр екеўи ушын маҳрам саналады.
1. Неке себепли маҳрам болған ҳаяллар:
- атаның ҳаялы (ол да ана ҳүкиминде), ол ҳаялдың анаса, әжеси;
- баларының, ақлықларының ҳаяллары-келинлери;
- ҳаялының анасы, ата-анасының анасы, бул ҳаяллар неке оқылыў менен маҳрамға айланады;
- өгей қызлыр, өгей ул-қызларының қызлары, яғный ҳаялының алдынғы шаңарағында болған қызлары, бунда еркек ҳаялы менен қосылғаннан кейин ғана өгей қызлары маҳрамға айланады.
2. Неке себепли маҳрам болған еркеклер:
- өгей аталар, олардың аталары (анасының ол кеўи менен қосылғанлығы шәрти менен) ;
- қызлардың, ахлық қызларының кеўи (бул маҳрамлыққа некениң өзи жетерли) ;
- кеўиниң атасы, кеўиниң ата-анасының аталыр;
- өгей баллары, өгей ул-қызларының баллары.
Неке себепли маҳрам болғанғанлар бир анадан емгенлер ҳәм зина пайда болғанда да маҳрамға айланады. Мәселен, еркекекке ҳаялының басқа кеўинен болған қызы ҳәм ҳаялының анасы ҳарам болған сыяқлы ҳаялының емизген қызы ҳәм емген анасы ҳарам саналады. Сондай-ақ зина қылған ҳаялдың қызы, анасы, емизген қызы, емген анасы да мәңги ҳарам есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметлы устазлар сызлерге сорауым. *арак*ти кандай жол мен койдыруга болады.
Сораум орынсыз балса кешырын
Ўа алайкум ассалам. Ол адамға Аллаҳты, ақырет күнин, маҳшарда сораў-жуўап болыўын, жәннет ҳәм дозақты, саўап ҳәм гүнаны түсиндириң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Бир рууга тийыисли болган жигит пенен кыз турмыс курса боладыма. Бир рууга тийисли кыз жигит турмыс курса тууылатугын бала, алланын ози сакласын, ауырыу болып тууылыу кауипи бар деген гап бар. Бул гап каншели хакыйкатка жакын? Алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Шәриятымыз турмыс қурыўда узағырақ адам менен некелениўди усыныс етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы