Ассалаума алейкум устаз. Сорауым бар еди.
1. Халкымызда Келин алганнан сон келиннин анасына калын мал хам сут хакы бериу деген адет бар. Бул мусылманшылыкта дурыспа. егер дурыс болса мугдары канша болыуы керек. Толык хам аныгырак жууап берсениз илтимас.
Ўа алайкум ассалам.
Бундай ислер айтылмаған. Тек ғана мәҳр түсиниги бар. Мәҳр - неке мүнәсибети менен еркек ҳаялына беретуғын той саўғасы. Буның ең кеми 10 дирҳам. 10 дирҳам зәкат муғдарының жигирмадан бирине тең болады. 2018-жылы Өзбекстан Мусылманлары басқармасы зәкат муғдарын 16 млн екенин мәлим етти. Демек мәҳрдиң ең кем муғдары 800 мың болады. Мәҳрди көп бериўге шегара қойылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли Имам сизге сорауым гей бир имамлардын айтыуы адам олгеннен кейин онын рухы жети кабат аспанда журеди ол кабирине тек пийшемби жума кунлери келип киреди дейди сол дурыспа енди бизлер кабирге зияратка барып ол майитлерге куран окыганымызда окылган куранды олилер есите алама ким зияратлап келип куран окып яки биреуге окытып атырганын олар коре алама яки сезе алама жуабыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Өлгеннен кейинги болатуғын жағдайлар ғайып ислери болып, олар ҳаққында Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде баян етилген. Қәбир жатқанлар ҳәттеки келгенлердиң аяқ даўысларына шекем еситиўи айтылған. Қураны кәриймди өлгенлерге оқып бағышлаўымыз сүннет әмел болып, Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтқан. Ақыйда китапларымызда дуўалардың жетик дәрежеде тәсири бар екени айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз сизлерге мол мол табыслар тилейменю Сорайжагым адам олген уакытта устиндеги кийимлерин шешип алып оны не ислеу керек каракалпак халкымызда бир жерлерде еситемиз олген адамнын жаны шыккан уакыттагы кийип жаткан кийимлерин шешип алып ямаса шешпей кыйып алып таслап ол кийимлерди ортеп жибереди дейди жане баска улума кийген кийимлерин жуып тазалап алып кояды дейди бул нарсе бизин уйде де болды жакында акем кайтыс болды уйхлап турмай калды коше бийлери жане баска кисилер онга шыгарып койды кийимлерин жыртпаяк шешип алды кейин сол кийимлерди ортеп жибердик сол дурыспа кийимде хеш бир жагылган тамган жаман нарсе жок еди акемиз бес уакыт намазына садык таза журетин адам еди енди бул нарселер ырымда барма я суннетлерге киреме жуабыныз ушын алдыннан рахмет сау болын
Ўа алайкум ассалам. Бундай ислер илимсизлик нәтийжесинде келип шыққан. Қайтыс болған адамның кийимлерин жағып жибериў керек емес, оны әдетте ағайинлерге, жақынларына бериледи. Кимге керек болса, сол алады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. сизлерден Аллах субхана уа таола разы болсын. еки дунянын жаксылыгын берсин амин. сорауым .
1. тан намазын каза кылып койса азан айтып суннетти хам такбир айтып парызды дауыс шыгарып окыймызба?
2 суннетке кандай ниет кылынады?
3 тан, шам, хуфтан намазларынын парызын бир озим окысам дауыс шыгарып окыйманба ямаса шыгармасада болама бир озим окып атканда
Ўа алайкум ассалам.
1. Қаза намазлардың ҳеш бири даўыслап оқылмайды, тек ғана жәмәәт пенен көпшилик қаза етип қойса ҳәм жәмәәт пенен сол қаза намаз оқылынатуғын болса, сол ўақытта даўыслап оқылатуғын намазлар яғный таң, шам ҳәм қуптан намазларының қазасы да даўыслап оқылады. Бир өзиңиз оқығанда даўыслап оқымайсыз.
2. парыздың нийети менен бирдей, тек ғана парыз деген жерин сүннет, деп айтылады.
3. Таң, шам ҳәм қуптан намазларын бир өзиңиз оқығаныңызда парызларында даўыслап оқыў ықтыярлы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлайкум ұстаз менин сорауым Дәжжәл фитнасы деген не кеңинен айтып өтсеңиз жұап ұшын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Дажжал бул - ақыр заманнан алдын шығатуғын бир адам болып, оның бир көзи болады, делинген ҳәдиси шәрийфлерде. Ол инсаныятты динсизликке шақырып, мусылманларды дининен шығарыўы айтылған. Соның ушын дуўаларда Аллаҳ тааладан Дажжал фитнасынан пана бер деп соралады. Ақырзаманнан алдын Ийса алайҳиссалам аспаннан түсип, сол Дажжалды найза менен өлтиреди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum wa rohmatullohu wa barokatuhu! Ustaz,qarz ma'selesinde sorawim bar edi.Eger men birewge qarz bergen son' ol bermey ju'rse,men keshtim dep Allahqa aytqanimnan son' ol adam qarizinin qaytarsa,alsam duris bolama?Iltimas juwap bersen'iz,ju'da' qiynalip ju'rmen!
Ўа алайкум ассалам. Қарызды кештим дегеннен кейин ол қарызлықтан шығады. Соның ушын оны қайтып алыўға болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
уш кыз багып,камалга келтирип турмыска узаткан ана бейший ме?
Ҳәдиси шәрийфте солай, делинген. Ҳәдисти жақсылап итибар менен оқысақ, ол жерде тәрбиялап деген, демек Аллаҳ тааладан қорқатуғын, биреўдиң ҳақын жемейтуғын, елине, халқына, ата-енесине, шаңарағына жақсы хызмет ететуғын қылып тәрбиялаў керек. Айырым аналар тәрбиялаў дегенде, тамағын берип үлкейгенше қараўды түсинеди, бул қәте түсиник. Тәрбиялаў дегенде биринши орында руўхый тәрептен тәрбиялаў түсиниледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауим каза намаз хаккинда егер тан намази каза болса песиннен алдинда окимизба яки болмаса шамда окимизба жуабинизды кутемен рахмет
Ўа алайкум ассалам. Илажы барынша тезирек оқыў керек. Үш ўақытта - Қуяш шығып атырғанда, Қуяш тикке келгенде ҳәм Қуяш батып атырғанда, усы үш ўақыттан басқа қәлеген ўақытта оқыса болады. Таң намаз қаза қалғанда, сол күни Қуяш тик келгенге шекем оқылса сүннетиниң қазасы да қосып оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.Садака кандай адамга бериледи,мал-дунясы жетерли адамга берилген нарседе садакага кирема.
Сорауым бизин уйдин касында консы уй бар хожалыгы хаксы,озине ток уй магазини 2 машинасы бар мама-папасы азанлы кеш магазинде бирак,мектеп жасындагы балалары уйинде,жанагы баллар бизин уйден нан,заварка х.т.б затларды коп сорап келеди кейин алган затын мамам келсе акелип беремен деп алып келмейди .Жане кеше нан сорап келип еди уйде нан аз деп бермей жибердим ,кейнинен ойландым бар нанымды садака деп берсем боладыго деп.Менин исим кызганшактын иси болдыма наным бар болып бермегениме жане отирик сойлегениме Кудайдан корктым? Жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Садақа берилиўи тийис адамлар қатарына бай адамлар кирмейди. Сизиң бул исиңиз қоңсышылық ҳақы жәрдем бериў болады. Сондай-ақ, Аллаҳтың берген неъматларына шүкиршилик те болады.
Айырым адамлар үлкен мал-мүликтиң ийеси болса да, өзи мәнаўий тәрептен жарлы болады, нәтийжеде, өмири мал-дүнья табыў менен ғана өтип кетеди, оны өз орнына бериўди ҳәттеки өзине де ислетиўди билмейди, ақыретте ҳәммесине жуўап береди.
Айырым адамлар азғана мал-дүньясы менен ақ, үлкен-үлкен саўапларға ериседи.
Алдаў жаман қәсийет. Оның орнына расын айтып, өзиме керек, деп айтыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Сорауым сондай 2018 сентябрде ул перзентли болып едим исмин Шахрам деп койып едик манисин билмекши едим ауыр исм емеспе рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Мүбәрек болсын. Исм аўыр болады деген түсиник жоқ.
Шаҳрам - парсы тилиндеги сөз болып, Патшаның қорғаўшысы, патшаға бойсыныўшы әскер, деген мәниде.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Алла разы болсын сизлерден. Бир сорауым бар еди. Еркек адамга неке жузигин тагыуга болама? Хам сол хаккында Куранда айтылганба ямаса Хадистема ? Айел киси хаккындада айтып жиберсениз. Жууабыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Неке жүзиги түсиниги мусылманшылықта жоқ, басқалардан жақын жылларда кирип келген әдет. Ҳаял-қызлардың алтын жүзик тағыўы жайыз. Еркек адамлар гүмис жүзик тағыўы мүмкин. Алтын жүзик тағыўы мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалау'ма алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Устаз. Сорау'ым -егер Умра зияратына барып келген болса Хаж кылыу парызы орынланган боладыма ? Умра хам Хаж зияраты хаккында тусиндирип берсениз! АЛЛА РАЗЫ БОЛСЫН!
Ўа алайкум ассалам. Умра етиў ҳаждың орнына өтпейди ҳәм мойнындағы ҳаж етиў парызы орынланған болмайды. Умра бул тек ғана зыярат есапланады, ҳаж бул Аллаҳ тааланың буйрығы. Мал-дүньясы бар болып турып өмири даўамында ҳажға бармаса гүнакар болады, умрада ондай емес.
Умра ҳәм ҳаж ҳаққында қарақалпақ тилинде қолланба таярланып, китап ҳалында баспадан шығарылған, оны китапханалардын тапсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum wa rahmatulloh.Sorawim namazg'a niyet etiw haqqinda edi.Eger birew asr namazın sham dep oylap sham namazı niyeti menen baslasa ham namazda asr namazdi oqiw kerek ekeni yadina tusse ne islewi kerek?
Ўа алайкум ассалам. Намазды тоқтатып, қайттан намазлыгерди нийет етип бастан баслаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аллейкум узтаз Максим агалар.Сорауым бар еди.Намаз окып баслады. Бирак тексттин ядламадым.Тан намазды китапка карап окыуга болама деп сорайын деп едим Жуап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Намазды усындай етип үйренип алсаңыз болады. Бирақ бул намаздың орнына өтпейди. Намазда оқылатуғын аятлар, салаўатлар, дуўаларды ядлап алыўыңыз керек. Себеби намазда қирәәт парыз, болады. Парызды тәрк етиў менен намаз дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалям алекум менин сорауым томендегише : Менин жасым 27 умра зяратынана барайн деп едим бирак кайда кабарласатынымды билмиймен
Ўа алайкум ассалам. Қарақалпақстан Мусылманлары қазыятының "Ҳаж ҳәм умра" бөлими бар. Соған барып хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Тилауат сажде намаздан тыскары окылама, хаялларгада уажипба.
Ў а алайкум ассалам. Тиләўат сәждеси ҳаялларға да, еркеклерге де бирдей шәрт. Тиләўат сәждеси ҳаққында толығырақ мағлыўматты төменде аласыз.
#Ибадаты_исламия_китабынан
ТИЛӘЎАТ СӘЖДЕСИ
-Тиләўат сәждеси қандай сәжде?
Қурандағы сәжде аятларының бирин оқыған ҳәм еситкен адамның қылыўы ўәжиб болған сәжде.
-Қуранның неше жеринде сәжде аяты бар?
1) «Аъроф»; 2) «Рад»; 3) «Наҳл»; 4) «Исроил»; 5) «Марям»; 6) «Ҳаж»; 7) «Фурқон»; 8) «Нәмл»; 9) «Сәждә»; 10) «Сод»; 11) «Фуссилат»; 12) «Нәжм»; 13) «Иншиқоқ»; 14) «Алақ» сүрелеринде.
-Бир адам усы сәжде аятларынан биреўин бир отырыста еки яки үш мәрте оқыса, неше мәрте сәжде қылыўы ўәжиб болады?
Бир отырыста бир аятты неше мәрте оқыса да, бир сәжде ўәжиб болады.
-Бир отырыста бир яки еки сүредеги сәжде аятын оқыса, неше сәжде ўәжиб болады?
Неше сүредегин оқыса, сонша сәжде қылыўы ўәжиб болады. Мәселен, еки сүредеги сәжде аятын оқыса, еки сәжде ўәжиб болады. Үш сүредеги сәжде аятын оқыса, үш мәрте сәжде қылыўы ўәжиб болады.
-Бир сәжде аятын әўел бир отырғанда бир мәрте оқыса, оннан соң екинши отырыста және оқыса, неше мәрте сәжде қылыўы ўәжиб болады?
Неше отырыста оқыса, сонша сәжде қылыўы ўәжиб болады.
-Бир сәжде аятын еки мәрте еситсе, неше мәрте сәжде қылыўы ўәжиб болады?
Еситиў де оқығанға уқсас. Бир отырыста неше мәрте еситсе де, бир мәрте сәжде қылыўы ўәжиб болады. Еки отырыста еситсе, еки мәрте сәжде қылыўы ўәжиб болады.
-Қуран оқығанда сәжде аятын тек өзин таслап оқыў дурыс па?
Дурыс емес, мәкириў. Сәжде аятын таслап оқыў лазым болса, басқа бир еки аятты қосып тасласа мәкириў болмайды.
-Сәжде аятын даўысын бәлент қылып оқыў лазым ба яки иштен оқыла ма?
Адам еситетуғын болса, иштен оқыў мустаҳаб.
-Тиләўат сәждеси қай тәризде қылынады?
Сәжде қылыўшы қублаға жүзленип турып (тиләўат сәждесин қыламан), деп нийет қылады ҳәм тәкбир айтып сәжде қылады. Сәждеде үш мәрте «Субҳанә роббиял аълә», дейди. Соң тәкбир айтып қыямға туратуғын адамдай дизесин бираз көтерип, және қайтып қаъдада отырады ҳәм мына дуўаны оқыйды: Сәжәдту лир-роҳмән ўә әмәнту бир-роҳмән фағфир лий зунуўбий я роҳмән. Сәмиънә ўә әтоънә ғуфронәкә ўә иләйкәл масийр.
Мәниси: «Аллаҳ ушын сәжде қылдым ҳәм Ол Аллаҳға ийман келтирдим, гүналарымды әпиў ет, Эй рейим етиўши Аллаҳ. Я Пәрўәрдигарымыз, биз Сениң әпиў етиўиңди еситтик ҳәм де Саған итаат еттик, ақыретте де Сениң ҳукимиңе разы болып, Саған ғана қайтамыз».
-Усы сәждениң неше шәрти бар?
Жети шәрти бар.
-Олар қайсылар?
Намазда болғандай таҳәратлы болыў; дене, кийим ҳәм орынның пәк болыўы; әўрет бекитилген болыўы; қублаға қарап турыў; нийет етиў.
-Тиләўат сәждесинде қол көтерип тәкбир айтыў ҳәм руку қылыў лазым бола ма?
Тәкбирде қол көтериў ҳәм руку қылыў лазым емес, ал қыямда турып яки отырып нийет етиў менен туўры сәждеге кетиў лазым болады.
-Намаздың сәждесине уқсас бул сәжде де еки мәрте қылына ма?
Бир мәрте қылынады.
-Бул сәжде қайсы ўақытта қылынады?
Сәжде аятын оқығанда. Намаз оқыў мәкириў болмаған ўақытлары дурыс болады.
-Сәжде аяты оқылғаннан кейин, сәждени сол күни яки сол саатта қылмастан кейин қылса, дурыс бола ма?
Дурыс болады, лекин сәжде аятын оқыған ўақытта тезлик пенен қылса, саўаплырақ.
-Бир адам сәжде аятларынан бирин намаз ишинде оқыса, не болады?
Сәжде аятын оқып турып тоқтамастан руку қылса, сәжде орнына өтеди. Басқа сәжде қылыў лазым емес. Егер сәжде аятын оқыған ҳалда руку қылмақшы, бирақ рукуге шекем және бир неше аят оқымақшы болса, онда сәжде аятын оқыған ўақытта тәкбир айтып сәждеге барады да, бир сәжде қылып қыямға қайтады. Соң руку қылғанша оқымақшы болған аятларын оқып, руку қылады.
-Имам сәжде тиләўатын қылғанында имамға уйыған адам ҳәм масбуқ (намазға кеш кирген адам) да сәжде қыла ма?
Олар да имамға уйыған болып, сәжде қылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum!jasim 26da men 5waqit namaz oqimaqshiman.sorauim qalai uyrensem boladi?
Ўа алайкум ассалам. Қарақалпақ тилинде шығарылған намаз китаптан үйренсеңиз болады, намаз ҳаққында түсинбеген жерлериңизди, сондай-ақ, басқа да диний сораўларыңызды жергиликли мешит имам хатиблери ҳәм имам наиблеринен сораўыңызға болады. Халықтың диний мүтәжликлерин орынлаў имам ҳәм имам наиблериниң ўазыйпасы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар сизлерден Алла разы болсын. Менин сорауым Хамме уйде аукат жеп болган сон жасы улкен агалар патясин берип сон изинен куран окыйды бул дурыспа? Егер дурыс болса аукаттан кейын кандай суре окыган авзал. Жууап ушин алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Аўқаттан кейин дуўа етип турыў сүннет әмел. Қуран оқыў уламаларымыздың әдети. Қуран оқыўда үйге берекет кириўи, тиләўаттан кейин дуўаи хайр соралыўы, өткенлердиң руўхына бағыш етиў, әлбетте жақсы ис. Бунда қайсы аяттың оқылыўы ықтыярлы. Тилге жеңил болғанын оқыған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум!
Саудаласқанда Кепилақша (задаток) алған дурыспа?
Ўа алайкум ассалам. Сораўды кеңирек түсиндириң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli qazi ag'a!
Sorawim sonnan ibarat, namaz oqig'an waqitta qiyalim basqa jaqqa ketip qala beredi. Hatte namaz oqimagan waqitta oylamag'an narselerim namaz oqig'an waqitta yadima keleberedi. Bunnan qalay qutilamiz?
Ўа алайкум ассалам. Намазда хушуъ ҳәм хузуъ пенен турыў керек. Буның ушын биринши нәўбетте, намазға кирисип атырғанда пүткил дүньяның патшасының алдында турғанымызды өзимиз сезиниўимиз керек. Бул ҳаққында Шайх Муҳаммад Садық ҳәзиреттиң "Руўхый тәрбия", китабынан кеңирек мағлыўмат табасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы