Сораў: Ассаламу алейкум устаз . Сорауым бар еди уйклардан алдын тахажуд намазына ниет етип окып жатсак тахажуд намазы сауабын аламызба. Я туннин ортасында окыу керекпа ' 2 - песин намазы парызы окылп суннети тарк етилсе намаз дурыс толык болама? Рахмет ! Алла разы болсын.https://t.me/paziyletuz
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳәр күни таҳажжуд намаз оқыйтуғынлар, таҳажжуд анамзын оқыўды нийет етип жатса, бирақ түнде тура алмаса, сол түнде таҳажжуд намазын оқығандай саўап болыўы айтылған. Әлбетте таҳажжуд намаз оқыўшы түнде турып нәпил намазларын оқыўы керек.
2. Намазы дурыс болады, бирақ сүннет әмеллерди тәрк еткенлер қыяметте Пайғамбарымыз алайҳиссаламның шәпәәтинен айырылып қалыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
: Ассалаума алейкум хурметли дин тарауы хызметкерлери,
Сорауым томендегише.
- Жумыс уактына бола тан намазын календарда корсетилген уакыттан 5-10 минут алдын окыуга болама?
- Песин, намазлыгер, шам хам куптан намазларын уактынан откерип жиберип окыуга болама? Айырым себеплерге коре усы 4 мезгил намазды оз уактында окыудын илажы жок.
- Ер хам хаял адамлар ушын намаз окып баслау жасы белгиленгенбе? Егер белгиленген болса ол неше жас?
- Намаз окыуды енди баслап атырман. Жасым 35-те, усы уакытка шекем окылмаган намазларымнын казасын кандай тартипте окыуым керек?
Жууапларыныз ушын алдыннан рахмет!
Ислеп атырган ийгиликли ислеринизде талмас куш гайрат хам таскын табыслар тилеймен.
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум. Сизлерден Алла разы болсын.
Перзентимди балалар багшасына бермекшимен. бир неше оринларга наубетге турыппан. Бирак наубетлер жуда узын. 1.2 жылдада келиуи анык емес. Копшилик документсиз берип коябер дейди. Ондай болса толеми керекли жерге бармайды. Перзентим багшада жеп ишгени хадал болмай калатын шыгар я?
Ўа алайкум ассалам. Дурыс болмайды. Ҳәр бир жерде өзиниң тәртип-қағыйдасына бойсыныў керек. Бунда еки есе гүна болады, тәртип-қағыйдаға бойсынбағанлық бир гүна болса, басқаларды бундай пулға үйретип қойыў да гүна.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум сорауым мнадан ибарат Менин такаратым бар, брак кйимиме нажас тйди дузде мал багып журмен озгертиу имканым жок тек парызын окыдым бул окыганым дурыспа я каза клып уйде окуым керекпе 2. Сорауым караозектен нокиске барган жериме дейин 110 .115келометир шакрыкка бардым мен сапар намазын окыуым керекпе. илтимас толык маглумат берип отсениз.жуабыныз ушынАлла разыболсын.
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауым истигфор ды кай гезде айтыу керек онын шартлерин айтып берсениз алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Өзиңизге қолай ўақытта айтасыз. Намазлардан кейин, сәҳәр ўақытларында айтқан мақул. Истиғфар айтқанда, гүналардан ҳақыйқатта өкиниште болыў керек. Аллаҳ тааланың мийримин үмит етип истиғфар айтыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум!
Гейбир жерлерде тауықларына өлген маллардың сүйеклерин унтақлап бередикен.
Ўа алайкум ассалам. Ҳадал сойылған маллардың сүйеги де ҳадал болады, ҳарам өлген маллардың тек терисинен пайдаланылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Ким ийтке ийелик етсе, яғный оны бақса, ҳәр күни оның саўабынан еки қийрот кемейтиледи. Лекин ийти аң ушын яки шарўаларды бағыў ушын болса, онда зыяны жоқ»,
деди. Усы жерде еки кийрот кемейтиледы деген жерине тусынбедим сол туралы кишкене айтып берсениз. САУ болын' рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳәдистеги қийроттан мурат – Аллаҳ таалаға мәлим болған бир муғдар, биз бул ҳәдистен егер ийтти ҳеш бир ҳәжетсиз үйимизде бақсақ, онда саўабымыз азайып кетиўин түсиниўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum wa rahmatullohu wa barokatuhu! Ko'p ko'remen, adamlar namaz oqip atirg'aninda ruku ham sajdelerdi qoraz dan shoqig'anday tez isleydi.bul haqinda ne deysiz?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәдиси шәрийфте Нәбий алайҳиссалам намазды таўық дән шоқығандай етип оқыўдан қайтарған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Алла сизлерден разы болсын. хар-бир сорауыма толык жууап алып атырман.Жане бир сорауым бар еди Тан намаз окып жургениме 2ай болып калды,биреулер айтады тек тан намаз окып журген болмайды, 5уакыт окыу керек деп айтады. Менин 2 жастан откен балам бар емеди, жумысым да бар, Кудага шукир, бирак Песин намазды ядлау ниетим бар, 5уакыт намазды уактында окый алмай каламанба деп коркаман.
ТЕК ТАН НАМАЗ ОКЫП ЖУРГЕН ГУНА Я БОЛМАСА ЗИЯН ЕМЕСПЕ?
Жууап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте бес ўақыт намаздың ҳәммеси парыз есапланады. Улыўма намаз оқымағаннан тек таң намазын болса да оқып жүрген абзал. Парыз намазды оқыў менен гүна болмайды, бул қәте түсиник.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли ұстазлар, ийгиликли ислериңизде Алла яр болсын. Сорауым: Халқымызда мынандай гәплер бар; я пийрим, мениң колым емес пийрим пийбатбанның қолы, Дауыт ата темирдиң пири болған деиди. Илтимас солар хаққында толық тусиник берсеңиз.
Ўа алайкум ассалам. Пир «Устаз», деген мәнини аңлатады. Айырым түсинбеген адамлар пирге қәте түсиникте болып, пиримиз бизлерге түрли сырлы жәрдемлерди бериў қәбилетине ийе деген түсиникке барады, усы мәниде Я пирим деп айтыў дурыс емес. Бийпатпа – Бийби Фатима анамыздың халық тилинде айтылғаны. Даўыт ата темирдиң пири дегенде Даўыт пайғамбар нәзерде тутылады, бул Қоңырат районындағы Даўыт ата қойымшылығындағы Даўыт ата емес. Булардың атын айтып жәрдем тилеў де дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Asalawma aleykum hurmetli ustazlar qilip atqan sawapli ham xayrli amel h islerinzdi allah ozi qollasin sorawim tomendegishe
1ayrim adamlar awlege barganlarinda gul qoyadi qabir basina sol duris ispe
2awleden shigip baratirip izine qarama degende gap juredi xalqimiz arasinda usida tuwri gappe
3ziyaratqa barganda qaysi surelerdi oqigan maqullraq ya surelerdin paziyletlerinen kelip shigip oqilatin sureler barma
4namazda azan aytip atirip ya iqomay takbirin aytip atirip ya sureledi oqip atirip ya duwalardi oqip atirip sozlerdi orinin almastirip oqip jiberse ya sozler tusirip qaldirilsa 1 duwa yaddan shigip qalip oqilmay qalamsa sajdey sahv qiliw kerek bolama jane azanin sozerinde qatege jol qoysa ya sozler tusirip qaldirilsa azan qayttan aytilama iqomat takbiri qalay boladai bunda joqaridagi qatelerge jol qoyilsa ne qiliw kerek
5 dinimizde ya shariyatimzda ya paygambarimiz sunnetlerinde erkek adamnin shashinin qalay qilip qoyiw kerek ekenligi aytilganba aytilgan bolsa qalay qoyiwmiz kerek maslahat berseniz
6jane meytti jerlep bolgannan son quran oqigan mollaga nan yamasa bawrsaq jegizledi uliwma sol jedegi hamme hamme awiz tiyedi sol duris amelme
7qaza namazlarin jahriy yagniy dawista qattiraq shigarip oqiw kk dep estip edim sol durispa
8har kuni oz iqtiyarimz benen oraza tutsaq bolama
9xuptan namazin qansha waqtinnan kesh oqisa maselen tunin yariminda uyqisin buzip oqisa sonshelli sawapli boladi dep essitim sol tuwrima
10namaz oqiwdan aldin asigip ya bolmasa apiwayi jagdayda niyet etiwdi umitip ketip namazdi baslap jiberse namazi duris bolama sorawlarima waqtinizdi ayamay juwap berip atqanlariniz ushin rahmet sizlerden allah razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам.
1. Қәбирге гүл қойыў динимиз әмели емес, әсиресе жасалма гүллер. Адамлар бул гүллерди қәбирстанларға алып барып өзлериниң ҳүрметлерин көрсетпекши болады, бирақ бул ислери менен қәбирстанларды патаслап атырғанын түсинбейди. Инсап берсин.
2. Бундай гәпти халық арасында еситпедик.
3. Ясийн ҳәм Мүлик сүрелери. Оларды билмесе, билгенише оқый берсин.
4. Намаздың ишинде сүредеги адасыўда адасыўдың қандай екенине қаралады. Мәни бузылатуғын болса, қайтадан оқылады, дүзетиў имканы болса дүзетиледи.
5. Бир тегис алыў сүннет әмел.
6. Қәбирстанда аўқатланыў мәкруҳ.
7. Қаза намазлар иштен оқылады. Жәмәәт билан қалдырылған болса ҳәм жәмәәт пенен қазасы оқылып атырылған болса, жәҳрий намазлар жәҳрий оқылады.
8. Әлбетте. Нәпил ораза тутыўдан алдын парыз оразалардың қазасын тутыў керек.
9. Қуптан намазы төрт рәкат парыз ҳәм еки рәкат сүннеттен ибарат. Бул намазларды оқып болып уйқылап, кейин түнниң ярымында турып нәпил намаз оқыў ҳаққында айтылған. Бирақ түнде тура алмай қалыў итималы болғанлықтан ўитр намазын қуптан намазына қосып оқыў әдет түсине кирген.
10. Сүннет намазларында дурыс болады, парыз намазларында дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум устазлар менин сораум
егер акша менен жумисинды питкерсен ягни баска илажи болмаган жагдаида кунани калаи отеуге болады алдин ала рахмет алла рази болсин
Ўа алайкум ассалам.
Пара бериў ислам шәриятында ҳарам ислерден, пара берген үлкен гүнаға қалады. Ески дәўирлерде гүна ислерди қылған адамлар, кейиншелик бундай ислердиң гүна екенин түсинип жетип, бул ислеринен қайтқан болса, онда өзине истиғфарды лазым тутыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum wa rohmatullohu wa barokatuhu!Ustaz,awir gu'na islep qoyiwdan saqlaniw,sol gu'nalardin' aldin aliw ushin o'z janimizdi qa'wipke qoysaq bolama?Ma'slahat berin' iltimas!
Ўа алайкум ассалам. Сораў түсиниксиз берилипти. Өз жанын қәўипке қойыў шәриятта қайтарылған. Өз жанына қас етиў қыяметке шекем қәбирде тоқтаўсыз азапланыўға себеп болады. Бундайлар шәриятта соншелли жаман көрилген ҳәттеки Пайғамбар алайҳиссалам бундай адамлардың жаназасын оқымаған.
Жанды қәўипке қойыў дурыс болмайды. Шәрият әмеллеринде жағдайға қарап жеңилликлер берилген. Сапарда жүргенде суўық болып, таҳарат алса кесел болып қалыў қәўипи болса, таяммум қылыўға руқсат береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағалейкум устаздар.
Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Ким ийтке ийелик етсе, яғный оны бақса, ҳәр күни оның саўабынан еки қийрот кемейтиледи. Лекин ийти аң ушын яки шарўаларды бағыў ушын болса, онда зыяны жоқ»,
деди.
Мен еситкен хадисте: «Ким жаназа намазына катысса бир кийрот, ким мархумды жерлеуге қатысса еки кийрот» деди. Пайгамбарымыз с. а. у. сонда касындагылар сурады бул кийрот не? деп сонда Пайгамбарымыз с. а. у. бул кийрот Ухут (Уқут) тауындай берилетугын сауап деп жауап берипти.
Сонда кийроттын молшери Укут тауындай болама? Яки мен баска кийротты сурап атпанба? Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳәдистеги қийроттан мурат – Аллаҳ таалаға мәлим болған бир муғдар, биз бул ҳәдистен егер ийтти ҳеш бир ҳәжетсиз үйимизде бақсақ, онда саўабымыз азайып кетиўин түсиниўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!сорауым томендегише.
Шайх Мухаммад Садык Мухаммад Юсуфтын Зикир ахилдан суранг атлы китабында намазды касыр кылып окыу тууралы айтылыпты. соны тусиндирип берсениз.
Дәрет уакытында кулакка масх тартуда сырганын хукими кандай?
Ўа алайкум ассалам. Сапарда жүрген адамлар төрт рәкатлы парыз намазларын еки рәкат етип қаср оқыйды.
Таҳарат алғанда сырға шешилмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссәәламу әләйкум хурметли устазлар.
Алла жумсларңызға береке берсин!
Қылып атырған қайырлы ислерңизге Алла разы болсын.
Мениң өтнишлерим бар еди.
1. Қарақалпақ тилинде коплеп китапларды шығарсаңыз, хадислер топламларын, тәлим тарбийя жане көплеп қайырлы ислер хаққында жақсы ктапларды халқымызға инам етсеңиз нур устине нур болар еди ин ша Алла.
2. Базы бир адамлар ийттиң, шошқаның тағыда басқа, Алла харам еткен затлардың гөшин жеп жане тууылған баласына солардың майларын суртип қате ислерди қылады. Бул хаққында халқымызға, илимий жақтан кең тусник берип өтсеңиз.
Алла елмизди абат қылғай, Солихалы ул қызларды, алым устазларды, халқымызға жан танимен хызмет ететин азамтларды Алла санын артырғай.
Елмиз шырайлы берекетли журт болғай әмин!
Ўа алайкум ассалам.
Ҳәзирге шекем онға шамалас қарақалпақ тилиндеги китаплар китапқумарларға жеткерилди. Аллаҳ таала несип етсе жақын арада және бир неше китаплар баспадан шығыў алдында тур. Сиз әзизлерден бул китаплардың тезирек баспадан шығыўына дуўада болыўыңызды сораймыз.
Әлбетте ийттиң, шошқаның гөши де, майы да ҳарам есапланады. Буның зыянларын заманагөй илим де тастыйықлаған. Бундай ислерди тек илимсиз адамлар ислеўи мүмкин ямаса қайсар адамлар ислеўи мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум Менин сорауым
Пластик картадан ылажы бар жердин барине жумсаймыз .таксйге. той мерекеге .т.б затларга нак пул керек болады сол затларга жетерли пулды алмастырсак болама?Жуап ушын ракмет.
Ўа алайкум ассалам.
Бир жыныстан болған еки нәрсени, биреўин артығы менен алмастырыў мүмкин емес. Пластиктеги пул менен нақ пулдың қуны бирдей есапланады, пластикти бес-он процент қойып нақ етиў дурыс емес. Ақырғы ўақытлары Президентимиздиң ҳәрекетлери менен көп банклерде алмастырыў шаҳабшасы ислеп тур.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
assalawma alikum agalar beri sorawim bar edi
1 ismi azam duasin jazip jiberinda
2 menin kiyimlerim aldin najaz tiygen biraq juwiladi sol kiyimdi kiyim namaz oqiy beriwge bolama
3 kiyimim pak biraq jatqan tosek iplas yani najaz tamgan eger sol jerde jatip turip namaz oqisaq bolama
4 eger ayel adam namaz oqip bilmese uyrenemen degenshe kiyewine qilganin qilip tursa bolama?
5. meshitte tayarlaw kursina jazilip qoyppan
juwaplar ushin aldinnan raxmet juma kuniniz mubarek bolip alla tileklerinizdi qabil aylesin saw bolin
Ўа алайкум ассалам.
1. Каналымызды гүзетип барың, уламаларымыз тәрепинен көрсетилген дуўаларды таслап барамыз.
2. Кийим жуўылыўы менен пәк болады.
3.Төсекке нажас алдын тийген болып, кийимге жуқпайтуғын дәрежеде қурғап кеткен болса, кийимди нажас етпейди.
4. Улыўма оқымағаннан намазды усындай етип үйренип алған абзал. Бирақ, намаздың парыз әмеллери қылынбаса, намаз орнына өтпейди.
5. Қураны кәрийм курслары медреседе ашылған
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
jane soraw bar edi eger adam ishki taxarat alip atirip shep qolga suw alip artan alip kelip juwiw kerek diydi aldinnan alip juwsan haram boladi eken men aldan alip kelip juwaman iltimas toliq maglumat berseniz qaysi pikir durus ekenin
Бундай етип жуўыў, дәрет алыў әдеплеринен, бирақ шәрт деген жери жоқ, бундағы ең әҳмийет қаратыўымыз керек болған тәрепи нажасаттың қалмаўы. Егер нажасат қалатуғын болса таҳарат алсақ та, намазымыз туўры болмай қалады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ustazlar menin sorawim tomendegishe
estiwim boyinsha eger erli zayipli turmis qurip biraq shariy nekeden otpegen bolsa hayel adam hamledar bolganda otilse ishindegi bala qiz bolsa oz akesine nekelengen boladi deydi sol pikirge tusinik berip otsseninz
Қәте еситкенсиз. Ондай гәплер жоқ. Некесиз туўылған болса да, ҳаялы ҳәмиледар ўақытта некеден өткен болса да, туўылған қыз әкесине нысбат берилип, сол еркектиң қызы есапланады.
Некесиз жасаў бул - Аллаҳ тааланың алдында ерли-зайып болмай жасаў дегени. Кеш болса да, некеден өтип алыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы