Ассалам алейкум. Жаратган Аллага хамдлер болсын. Пайгамбарымыз(с.а.у)га шексиз салемлер болсын.
Сорауым бар еди. "Ким озин бир каумге уксатса, ол солардан" деп хадисте келген. Буны қандай түсинемиз
Ўа алайкум ассалам.
Бул ҳәдисте айтылған гәплер жүдә әҳмийетли есапланады. Өйткени айырым жаслар жигитлер, шет елдиң жас жигитлери сигарет шегеди деп сигарет шегеди, қулағына сырға тағатуғын екен, бизлер де сондай қылайық, деп оларға еликлейди. Айым жаслар кийиниўде европа халықларына еликлейди. Булардан да асып түскенлери ата-анасы қартайғанда қариялар үйине тапсырады, европада сондай екен, деп айтып та қояды. Усындай етип жат иллетлерге еликлеў, солар қатарына кирип кетиўге алып келиўин ҳәм қыямет күни сондай гүнакар бенделер менен бирге тирилиўин Пайғамбарымыз алайҳиссалам бул ҳәдисте баянлаған.
Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде журтымызда жат иллетлерден сақланайық сүрени астында жүдә көп ислер исленбекте. Нәбий алайҳиссалам 1500 жыл алдын жат иллетлерден сақланыў керек екенин усы ҳәдиси менен айтып кеткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум.
Садака хакында сорамакшы едим. Садака хар кимге берсек бола береме? Егер катты мутаж болса. Маселен мусулман емеспа, пасыкпа, ибадатлы, ибадатсыз деп айырмай береберсек болама. Арамызда бугин не жиймен, не кийемен деп отирган инсанлар, дари дармакка каржы тауалмай атырган наукаслар бар екен. Олар кандай инсанлар екенин билмеймен. Билмей турып садака кылсак болабереме?
Ўа алайкум ассалам. Ықтыярлы садақаны берсе болады, яғный питир, зәкат, үсир, нәзир садақалардан басқа, өз ықтыяры менен берилетуғын иҳсан-садақаларды берсе болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум.
Медицинада, психалогияда баланы хамледарлык уактынан баслап тарбия кылыу керек деп айтылады. Шариятда кандай? Хамледарман. Хазирден не кылсам болади салих перзент болыуы ушын.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала ҳәр бир нәрсени себеплери менен жаратқан. Аш адам аўқат жемесе қарны тоймағанындай, тәрбия берилмесе, перзент те әдепли болып ер жетпейди. Соның ушында динимизде перзент тәрбиясына үлкен итибар берилген.
«Тәрбия» арабша «робба» сөзинен алынған болып, өсириў, дүзетиў, зыяда қылыў мәнилерин аңлатады. Ислам уламаларынан имам Байзаўий тәрбияға төмендегише тәрийп береди: «Тәрбия бир нәрсени әстенлик пенен кәмалға жеткизиўге айтылады».
Динимизде балалар тәрбиясы ата-аналардың ең жуўапкерли ҳәм узақ даўам ететуғын миннетлери есапланады. Басқа миннетлер айырым бир ислерди қылыў менен жуўмақланса, перзент тәрбиясы даўамлы болатуған ислерден. Негизинде ата-ананың усы перзентти Аллаҳ таала оларға бергени ушын қылатуғын шүкирлери де усы перзентти тәрбиялаўдай үлкен исти мойынларына алып, жуўапкершиликли ҳалда атқарыўлары менен болады.
Перзент тәрбиясы - биринши орында жақсы, тақўалы өмирлик жолдас таңлаў менен болады.
Ҳәмиледар болғаннан кейин алдыңғы ўақытларға қарағанда да көбирек ҳадал-ҳарамға итибар қаратыў керек. Себеби ҳәмиледар ҳаялдың азықланыўы арқалы ҳәмиле үлкейе баслайды. Ҳадал-ҳарамлық еки тәрептен де дурыс болыў керек. Бириншиси, азықлық затлардың өзи ҳадал болыўы, яғный жыртқыш ҳайўанлардың гөши, ҳарам өлип қалған нәрселердиң гөши болмаўы, Аллаҳ таала ҳарам еткен арақ ҳәм соған уқсас нәрселер болмаўы керек.
Екиншиси азықлық затлар сатып алынатуғын пул да ҳадал жолдан келген болыўы керек, яғный, урлық, пара, биреўдиң ҳақы болмаўы керек.
Ҳәмиледар ҳаяллар көбирек Қуран еситиўи де мақсетке муўапық ислерден.
Ҳәмиледар ҳаяллар басқа ўақытларға қарағанда өсек гәплерден, өтирик гәплерден көбирек сақланыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар: Менин омирлик жолдасым хам менин озим тан намазды еки уакытта болек-болек болып окыймыз,енди Куда калесе бес уакыт окысак деп нийет етип атырмыз. Сорауым: Кийеуим намаз окыган уактында, изинде намазга уйысам болама? жууап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте бирге оқысаңыз болады. Ҳәдиси шәрийфлерде намазды жәмәәт болып оқыўдың саўабы көп болыўы айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Сизлерден илтимасым толгак уактында жане босанганнан кийин айтылатын дууаларды жазсаныз. Сорауымда бар омирлик жолдасым коп ишеди хар намазда кол жайып АЛЛАдан инсап хам тууры жол сорайман. Менинда жас улкенлердинда созин тынламайды. Адамлардан еситкеним кегейлидеги максымга барып аракка кайтып карамайтын болды хазир ишпейди деп. Соган апарсак катеме кате болса калай койдырсак болады. Жууап ушыналдынан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Дуўада даўамлы болыў керек. Диний мәселелерде ҳәр бир аймақта мешит имамлары жумыс алып барады, соларға хабарласыў керек.
Жасыратуғын жери жоқ, ҳәзирги күнде халықтың диний саўатханлығы жүдә пәс аўҳалда, ҳәттеки мешит имамы ким екенлигин де, қандай саўатқа ийе адам имам бола алыўын да биле бермейди. Сиз айтып атырған айырым шала саўат адамлар халықтың диний саўатханлығы пәс екенинен пайдаланып түрли намақул ислерди қылып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Сиз бул мәселеде мешитлердиң рәсмий имамларына хабарласыўыңыз керек. Мешит имамларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири - халықтың дийний итияжларын қандырыў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалау'ма алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Устаз Каабайи муаззама хаккында маглыу'мат айтып отсениз. Бул мукаддес имаратты ким курдырган , ишинде нелер сакланады, зияратка барыу'шылар ишине кириуге рухсат барма? х.т.б. АЛЛА РАЗЫ БОЛСЫН!
Кааба – бәлентлик, дүмпешиклик, туўры мүйешли мәнисин аңлатады. Мәккәдағы Масжид ул-Ҳаром ортасындағы 12х9х12 куб көринисинде қара тас имараты.
Оны биринши мәрте Ибраҳим алайҳиссалам баласы Исмайыл менен қурған. Оның бир мүйешинде аспаннан түсирилген гүмүс рең таўланыўшы гәўҳар тас орнатылады. Кейин ала көп гүналар ҳәм бузғыншылық себепли ол тас өз реңин жойтып, қарайып қалған, ол ҳәзир «Ҳажар ул-асўад» (қара тас) атын алған.
Ибраҳим алайҳиссалам әне сол тас орнынан баслап Каабаны жети мәрте айланып таўап қылған. Кейин жети мәртеден Сафа ҳәм Марўа таўына шыққан, Арафат ойпатлығына барған. Бул бирнши ҳаж зыяраты еди ҳәм ҳәзирге шекем сол тәризде ҳаж қылынып келинеди.
Кааба қурылғаннан берли тәбийий апатлар ҳәм урыслар себепли көп мәрте ўайран болып, қайта тикленген. Ҳижрий 72-жылда патша Ҳажжаж ибн Юсуф ақырғы мәрте қатадан оңлаў жумысларын алып барған, Каабаның ҳәзирги имараты Ҳажжаж қурдырған усы бина. Кейиншелик миләдий 1630-жылда қайта ири оңлаў жумыслары жүргизилген. ХХ әсирдиң 50-жылларында Саўдия Арабстан патшасы тәрепинен де ири оңлаў жумыслары алып барылған ҳәм кеңейтирилген.
Каабаның Масжид ул-Ҳаром (яғный, гүна ислер ҳарам қылынған теберик мешит), Қибла (ибадатта жүзленетуғын тәреп), Байтуллаҳ (Аллаҳ тааланың үйи), Хонаи Кааба (Кааба ханасы), Байт ул-Атийқ (Ески үй) сыяқлы бир неше атлары бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумаалейкум устазлар биз мусульманлар қурбан хайт байрамында, бир мал садака бергенимизде улума курбанлык кылганымызда (тауык, кой, ешки, мал, туйе, жылкы сойганымызда) нелер окылуы керек
Улума мал сою тартиби хаккында тусиндирип берсениз, калай сойылуы, сойылу алдында не окылуы.
Аллах садакаларымызды кабыл етсин, алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
Қурбанлық етиў ўәжип. «Рәббиңе (бес ўақыт ҳәм қурбан ҳайыты ушын) намаз оқы ҳәм (түйе сойып,) қурбанлық қыл!», мәнисиндеги аяты кәрийма ҳәм «Шараят, имканияты бар болып қурбанлық етпеген адам намазжайымызға жақынласпасын» деген ҳәдиси шәрийф қурбанлық ўәжип болыўының дәлили.
Қурбанлық бай ҳәм муқим (сапарда болмаған) ҳәр бир мусылман еркек ҳәм ҳаялға ўәжип.
Бай деп кимге айтылады? Қарызынан ҳәм тийкарғы итияжларынан басқа 20 мисқал (80,18 гр) алтын ямаса сол қыйматтағы пул яки мал-дүньяға ийе болған адамға айтылады. Қурбанлық пенен зәкаттың нысабы бирдей болыўы менен бирге, қурбанлық нысабында мал-дүньяның көбейетуғын болыўы ямаса қурбанлық мүддетинен бир жыл өтиўи керек деген шәрт жоқ.
Адамның жасап атырған үйи, керекли үй әнжамы, кийими, көлиги, жумыс қураллары ҳәм соған уқсаслар тийкарғы итияжлардың әҳмийетлиси.
Муқийм деп қурбанлық сойылатуғын күнлерде шаңарағы жасап атырған жерде болған ямаса сапарда кеминде он бес күн яки оннан да көп қалыўға нийет еткен адамға айтылады. Қурбанлық етиў, сойыў ҳәм гөшин ҳақылы адамларға бериў қыйын болғаны ушын мүсәпир адамға, егер бай болса да қурбанлық шалыў ўәжип етилмеген. Лекин мүсәпир қәлесе нәпил жолына көре қурбанлық шалыўы мүмкин.
Ол жерде үй-жайы болмаса соятуғын қурбанлығы нәпил есапланады. Үйи болса, онда соятуғын қурбанлығының ҳүкиминде түрли пикирлер бар. Айырым уламаларға көре нәпил, айырым уламаларға көре ўәжип. Бириншиси туўрырақ. Бундай ҳүкимлер адамлардың мүсәпир ямаса муқийм болыўына барып тақалады.
Мүсәпирдиң жасап атырған орнында ўәкил арқалы сойдырған қурбанлығы нәпил болады.
Муқиймниң сапар қашықлығындай бир жерде сойдырған қурбанлығы ўәжиптиң орнына өтеди. Бул еки мәселеде қурбанлық сойылатуғын орынға емес, қурбанлық ийесиниң муқийм яки мүсәпир болыўына итибар етиледи.
Мүсәпир қурбанлық шалғаннан кейин ҳайыт күнлеринде муқийм ҳалатына өтсе және қурбанлық шалыўы керек емес.
Қурбанлық ўәжип болыўы ушын Имам Аъзам ҳәм Әбиў Юсуфке көре ақыл ҳәм балағат шәрт емес. Сол себепли бай болған бала яки руўхый кесел болған адамның мал-дүньясынан әкеси яки ўәлийи қурбанлық етиўи керек. Бул қурбанлықтың гөшинен тек сол бала яки сол руўхый кесел адамның өзи ғана жеўи мүмкин. Гөштиң қалған бөлегин кийим-кеншекке яки пайдаланатуғын басқа нәрселерге алмастырыў мүмкин. Бирақ Имам Муҳаммадқа көре қурбанлық ўәжип болыўы ушын ақыл ҳәм балағат шәрт. Пәтўа да усындай. Сол себепли бала яки руўхый кесел адамлардың қурбанлық шалыўы шәрт емес.
Ҳүким тәрепинен қурбанлық ўәжип ҳәм нәпил болып екиге бөлинеди.
Ўәжип болған қурбанлықлар төмендегилер:
1. Бай адамның ҳайыт күнлери шалған қурбанлығы;
2. Нәзир етилген қурбанлық;
3. Жарлы адамның қурбанлық нийети менен сатып алған қурбанлығы.
Нәпил болған қурбанлықлар төмендегилер:
1. Мүсәпирдиң қурбанлығы;
2. Жарлының қурбанлық ушын нийет етпей сатып алған ямаса өзинде болған ҳайўанлардан шалған қурбанлығы;
3. Қурбан ҳайыты күнлеринен басқа Аллаҳ разылығы ушын сойған қурбанлығы.
Тек ғана төрт түрли ҳайўан қурбанлық етиледи. Олар: қой, ешки, түйе ҳәм қарамал. Қотас та қарамалға жатады. Қораз, таўық, түйе таўық ҳәм ғаз киби үй қуслары, гөши желинетуғын кийикке уқсаған жабайы ҳайўанларды қурбанлық нийети менен сойыў мүмкин емес. Олар қурбанлыққа өтпейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum! Menin sorauim bar edi, aniq juabin xar kim xar turli deydi,sizler aniq soraiumnin juabn aitarsiz dn umittemen.bosanganima 20 kun bolmadi ele, biraq xaiz kop kelip atirgan joq, azanda taza turaman, sol waqit esh bolmasa quri tan namazimdi oqip qoisam bolama? Bireuler awa deidi, glavnoe namaz oqiganda taza bolsan boldi deidi, birewler yaq 40 kun oqiwga bolmaidi deydi, iltimas tusinik kiritin
Ўа алайкум ассалам. Перзентли болғаннан кейин ҳаялларда келетуғын қан - нифас, делинеди. Егер ҳаял биринши перзентин дүньяға келтирген болса, онда қырық күн толық нифас есапланып, бунда намаз оқыўы, қуран оқыўы ҳтб ислер мүмкин емес. Екинши ҳәм кейинги перзентлеринде нифас анық тоқтағаннан кейин руқсат етиледи. Бир мезгил тоқтап, кейин қайта басланып жүрген болса, ортадағы пәк ўақыт та нифастың ҳүкминде болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкул устазлар. Алла хаммемизди колласын .
Сорауым кеше ТАН НАМАЗды уакты отинкиреп кеткенде (8:30)окыдым уйклап калыппан , каза болмасын деп окый бердим бул исим тууры болдыма?Жууабыныз ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Таң намаз қуяш шығаман дегенше оқылады, Қуяш шыға баслаған ўақытта ҳеш бир намазды оқыў дурыс болмайды. Егер қуяш шығыўына жүдә аз ўақыт қалған болса, тек еки рәкәәтке ғана үлгере алатуғын болсаңыз, онда таң намаздың тек ғана еки рәкәәт парызын оқып алың. Егер оған да үлгере алмайтуғын болсаңыз, онда қуяш толық шығып болғаннан кейин таң намаздың сүннетин ҳәм парызын қаза етип оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Менин сорауым мынадай еди. Шама менен 3 я 4 класс уакытларымыз еди. Жазгы дем алыста Бозатаудагы агайнимиздин уйине кыдырып барганымызда бир уакыянын гууасы болдым. Ол уакытлары Бозатауда балык огада коп еди. Агайинимиздин уйинде сол уйдин агайинлери калада турса керек бир апай жана усланган сазан балыкты куйрыгынан кесип асып кояды хам канын кесеге тамызып, сон сол балыктын канын ем ушын ишеди. Кан харам емеспе, бул шариатымызга каншелли тууры?
Ўа алайкум ассалам. Балықтың қаны ҳақыйқый қан есапланбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сорауым бареди.мен ООО.жуапкершилиги шекленген акцианерлик жамийети жумыс ислеймен.калыкка хызмет корсетемиз,тускен дараматды мекимеги тапсырып соннан бизлерги белгили бир процентин айлык кылып бериу керек.бирак баслык бизлерги айына белгили бир сумманы план кылып белгилеп койыпты.планнан ауысканын озлеримизге алып каламыз.жане берген планымыздан 22процент айлык береди.корсетбедегидй ислейтин болсак хешкимге тууры келмйди бахасыда баска касиплеслеримиздикиннен арзан болады. ислеп тауганым халалма?.рахмет Алла илиминизди зйяда кылсын.
Баслығыңызға туўрысын айтып, келисип алыўыңыз керек. Мусылманшылықта алдаў ҳарам етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
men paygambarimiz haqqinda jaqqinan biliwdi qaleymen kitapshasin qaydan tapsam boladi
tus kordim tusimde meshitte namaz oqiwga bargan ekenmen gumbez aldindaman bul neni bildiredi
JUWAPLAR USHIN RAXMET
Нөкис қаласында еки орында диний китаплап сатылады: 1-Орайлық мешит қасында, 2-орайлық базарда. Сол жерлерден Пайғамбарымыз ҳаққында китаплар бар.
Биз түс жорыўшы емеспиз. Мешитте намаз оқыў ушын барыў, әлбетте жақсылықтың белгиси.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma akeykum hurmetli ustazlar sizlerge sorawim g'usil qilip atirganda deneden qan shigip ketse g'usl orinlangan duris bejerilgen bolama.
Ўа алайкум ассалам. Ғусыл шәртлери орынланған болса, яғный аўыз ҳәм мурын жақсылап шайылса, денениң ҳәмме жерине суў жеткерилген болса, ғусыл туўры болады. Усы әмеллерди қылса, бирақ денеден сызлап қан шығып турған болса, онда ғусылы дурыс болады, бирақ қан шығып турғаны ушын таҳаратын жоқ болады, қан тоқтағаннан кейин таҳаратын қайта алады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Asalawma aleykum hurmetli ustazlar qilip atirgan islerinizge alla razi bolsin sorawim Men Rossiyada jurmen bul jaqta oziniz bilgendey gosh hardayim tawila bermeydi tawiladi biraq aliwga aqsha bolmay qaladi ya bolmasa qasimdagilardin bari okiyrashki jiymiz diydi ilajim bolmay qalganda okiyrashki jese bolama usigan bir aydinliq kiritip berseniz alla razi bolsin
Ўа алайкум ассалам. Қай жерде болса да, ҳадал жол менен сойылған болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ҳүрметли устазлар ! Аллаҳ таъала қылып атырган ислеринизден разы болғай ! «Намаз китабы» деген китаптан үйренип, жақыннан баслап таң намаз оқып басладым, бес ўақыт намаз оқыў нийетимде бар. Тәҳарат, ғусыл ҳәмде намаз оқыўда айырым сораўларым бар еди. Имкәны болғанынша толықрақ жуўап берсеңиз…Алдыннан Сизлерге рахмет !
1. Намаз оқыған ўақытта ҳәр түрли ойлар келиўи ҳаққында сораў-жуўапларда оқып киятырмыз. Соның менен қатар, егер таң намаз оқып атырған ўақытта адамның даўсы қарлығып ямаса қолайсыз (жағымсыз) болып шығып кетсе, яки оқыған ўақытта қыраатта, айтылыўында (произношение) оқып атырған адамның кеўлиндегидей болмай қалған ўақытлары қандай ис тутыў керек? Аллаҳ таъала алдында таң намазды имкәны барынша дурыс ҳәм сулыў тәризде оқыў мақсетинде бундай жағдайларда қандай қылып оқыў керек? Бул сораў - интернет тармағында оқыған рәўият бойынша, Пайғамбарымыз Муҳаммад расулаллаҳ саллалаҳу алайҳисалам бир адамға даўысы жағымсыз болғаны ушын адамларға еситтирмей оқыўы кереклиги ҳаққында жазылғанын оқып едим, усы ҳақыйқатқа туўры келеме?
2. Намаз оқып атырған ўақытта аўыз ҳәм ернилери кеўип қалса ямаса түкирик жыйналса не қылыў керек?
3. Намаз оқып атырған ўақытта, ҳәзирги ўақытлары (күнниң суўық ўақытлары) аяз ҳәм тағы басқа факторлар есабынан мурын бослығынан тамақ тәрепке қойыўрақ (ириң емес) суйықлықлар өткен ўақытта не қылыў керек ҳәм тәҳарат бузмылмайма?
4. Ғусыл алғанда денениң барлық ағзалары суў менен үш мәртебе шайылады, аўыз бослығы ғарғара қылынады, мурын сүңгириледи ҳәмде басқада жерлер жуўылып болғаннан кейин, тәҳаратты толық алыў керекпе? Бундай жағдайларда намаз оқыў ушын таза болыў тәртиби қандай ?
5. 22 декабрьден баслап күн узайыўы есабынан таң намазды оқыў ўақты ертерек ўақытқа 1-2 минуттан қайтама? Телеграм каналында 22 декабрьден кейин де намаз оқыў ўақтына 1-2 минуттан қосылып баратыр, усыған түсиник берсеңиз, жумысқа барыў ўақтына (08-00) үлгериў ушын ертерек оқыса болама?
Ўа алайкум ассалам.
1. Қирәәт шырайлы емес болғаны ушын намаз тәрк етилмейди. Ҳәдистеги мәни, көпшиликтиң алдындағы жағдай.
2. Аўыздағы түпирикти жутса болады.
3. Таҳарат бузылмайды.
4. Ғусылдың тәртибинде таҳарат алыў бар.
5. 22-декабрь күндизги ўақыт ең аз күн болғаны менен, сол күнниң өзинен кемейип бармайды. Пазыйлет.уз сайты ҳәм оның телеграмм каналында берилип баратырған календарьды Өзбекстан Республикасы Пәнлер академиясы астрономия институты алымлары тәрепинен белгиленген ўақытлар бойынша есаплаймыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мен жуда илажсыз калдым. Себеби оз минезимди озгерте алмай атырман. Табиятым тынык, бирак ашыуым тез келеди, айырым уакытларда озимди баса алмай баскара алмай каламан. Ашыуым келгени сонша хатте калтырап денелерим каксап кетеди. Сабырлы болыуды уйрениу ушын хам ашыушаклыкты калай емлеуге болады? Жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таалаға көп дуўалар етиң, зикирлер айтып жүриң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мен жуда илажсыз калдым. Себеби оз минезимди озгерте алмай атырман. Табиятым тынык, бирак ашыуым тез келеди, айырым уакытларда озимди баса алмай баскара алмай каламан. Ашыуым келгени сонша хатте калтырап денелерим каксап кетеди. Сабырлы болыуды уйрениу ушын хам ашыушаклыкты калай емлеуге болады? Жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таалаға көп дуўалар етиң, зикирлер айтып жүриң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мен жуда илажсыз калдым. Себеби оз минезимди озгерте алмай атырман. Табиятым тынык, бирак ашыуым тез келеди, айырым уакытларда озимди баса алмай баскара алмай каламан. Ашыуым келгени сонша хатте калтырап денелерим каксап кетеди. Сабырлы болыуды уйрениу ушын хам ашыушаклыкты калай емлеуге болады? Жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таалаға көп дуўалар етиң, зикирлер айтып жүриң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мен жуда илажсыз калдым. Себеби оз минезимди озгерте алмай атырман. Табиятым тынык, бирак ашыуым тез келеди, айырым уакытларда озимди баса алмай баскара алмай каламан. Ашыуым келгени сонша хатте калтырап денелерим каксап кетеди. Сабырлы болыуды уйрениу ушын хам ашыушаклыкты калай емлеуге болады? Жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таалаға көп дуўалар етиң, зикирлер айтып жүриң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сизге сорауым бар еды. Еки жас бир бирине кеуыл койды. Келешекте турмыс курыу нийети бар бириекеуыда канлы кызтыргаклы канлы бала кат канлы болса керек олар турмыс кура алама? Канлынын кайсы кошелеры кыз алып кыз берыуге болады? Илтимас сизден сол бойынша маглыумат берын.
Ўа алайкум ассалам. Руўдың бирдей болыўы турмыс қурыўды қадаған етпейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы