Assalawma aleykum ustazlar. Sorawim shariy neke degen ne?. Ol qay jerde qanday qilip oqitiladi?. Otiw ushin erli-zayiplilar kim m.n bariwi kerek?. Aldinan raxmet!!
Ўа алайкум ассалам.
«Неке» сөзи сөзликте «қосылыў» «жақынлық», «байлаў» мәнилерин аңлатады. Терминде шарият бойынша үйлениў мүмкин болған ҳаял менен еркектиң бир-биринен ләззет алыўын ҳадал жолға салыўшы келисим «неке» делинеди.
Неке келисимлердиң ең жақсысы есапланады. Себеби, ол инсан затына байланыслы болып, еки шахс ортасын меҳир-муҳаббат пенен байлайды. Ол зүряд пайда болыўының басы, жынысый бузықлықлардан сақланыў жолы. Неке динимизде буйырылған әмеллерден болып, пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламның сүннети есапланады. Некеден тийкарғы мақсет – зүряд қалдырыў ҳәм ҳарамнан сақланыў. Некесиз қосылыў зина есапланады.
Никаҳтың рукнлери «ийжаб» ҳәм «қабул» есапланады. Яғный, бир тәреп разылық сорайды, екинши тәреп разылық береди.
Ҳәзирги күни мешит ўәкиллери неке оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли имам дамла.
Сорау: 1) Калайынша жинлер Иблиске (шайтан) хызмет кылады ?
2) Палшы хам "дууханлар" мархум ата бабам руухы мен аркалы емлейди хам пал ашып атырып ата-бабам руухлары айтып атыр деп адамларды шалкытып атырган кос тырнак ишиндеги махсымлар адамларга айтып атырган гаплери туурыма хам сол палшыларга (максымларга) апиуайы адамлардын барыу туурыма?
3) Процентге мулк бериугеде хам алыуга болмайды делинген, бул риба (процент) болып есапланама хам гунага батып калмайманба ?
4) Адамларға жақсылықты үйретиў қандай әмел?
Ўа алайкум ассалам.
1. Адамлардың ишинде жақсы-жаманы болғанындай, жинлердиң ишинде де жақсы-жаманы болады. Жаман ислерди қылыўдың өзи шайтанға хызмет етиў.
2. Ондай адамлардың бундай ислери динди түсинбегенлерди алдаўдан ибарат. Бундайларға барыўдың өзи үлкен гүнаға тең. Ҳәдиси шәрийфте, ким палкерге барса ҳәм оны тастыйықласа, мусылманшылықтан шығып кетиўи айтылған.
3. Проценттен қайтарылған. Процентти билип турып алыў билмей турып алыўдан да үлкенирек гүна болады.
4. Саўаплы әмел.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar menin sorawim sonnan ibarat
1. marxumnin suwretin namaZi bolatigun kunde suwreti qistirilip qashan olgeni ham tuwilgani jazip qoyiladi bul adet xristiyanlardin adeti eken dep esittim bir molladan kitapta kelgen dedi sol durispa
2. jane hayal adam namaz oqisa biraq oramal oramasa tek namazdin ishinde orasa namazlari qbil bolmay qaliwna sebeb bolmay qalmayma
3. shiganaq erkeklerde awret jerge kireme erkeklerdin qay jerlerin jasirip juriw awret jerleri haqqinda aytip berseniz iltimas
4. jane esitiwiwm boyinsha har bir tupirgen tupirigimizgede juwap beremiz dep esitim sol usi gap raspa
5. tagida olinin ruwxi adamnin ruwxi kozge korineme ruwxtin adamlarga ziyani barma tagida
Ўа алайкум ассалам.
1. Марҳумның сүўретин жаназа күни қыстырып қойыў шәриятымыз әмели емес. Мусылманшылықта бундай ис жоқ. Бундай ислерден сақланыў керек.
2. Ҳаял-қызлар намәҳрамлардың алдында әўрет жерлерин жаўып жүриўи бир парыз әмел. Намаз басқа парыз әмел. Намаз оқығанда әўрет жерлери жабық болыўы керек. Намаз оқығанда орамал тағып, көшеге шыққанда орамал тақпаўы намазының қабыл болмаўына алып келеди деген гәп жоқ. Намаз оқығаны ушын мойнындағы бир парыздан қылған болады ҳәм саўап алады. Намәҳрамлардың алдында орамал тақпағаны бир парызды орынламағаны болады. Еки парыз әмелди де орынламағаннан, бир парызды орынлаған мақулырақ.
3. ШЫғанақ еркеклерде әўрет жер есапланбайды. ЕРкеклерде киндиктиң астынан тобықтың астына шекем әўрет жер болады.
4. Әлбетте.
5. Көзге көринбейди. Руўх ҳаққындағы илим ғайып илими болып, оны адамлардың билиўи мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar. Sizlerge bir neshe sorawim bar edi;
1. Xalqimizda kesh bolğanda, tunde tirnaq aliwģa bolmaydi, tunde olilerdiñ tirnaģin aladi. Suw quyģanda kurujkiniñ arti menen quyiwģa bolmaydi olilerge solay suw quyadi degen gapler bar. Bul qansheli duris gapler.
2. Ğusl qilģanda kun suwiq bolsa, keyinsheli otiratin yamasa jatatin xana salqin bolsa... bunday jaģdaylarģa dinimizde qanday jeñillikler bar.
Ўа алайкум ассалам.
1. Бул гәплердиң ҳеш бириниң тийкары жоқ. Илимсиз адамлардың ойлап тапқан гәплери.
2. Мусылман адам таза жүриўи шәрт. Ал буның ушын жуўынып турыўы керек. Сонлықтан жуўыныўы ушын керек болатуғын жағдайларды жаратып та алыў керек. Жунуб болыўдан алдын ғусыл қылыўға шараят жаратыў керек.
Сапарда жүргенде ғусыл шәрт болып қалса, бирақ ғусыл қылсаң, зыян болатуғын дәрежеде суўық болса ямаса суў жоқ болса, онда таяммум қылса болады. Бирақ үйде отырып, үйимде ғусылға шараят жоқ, деп ғусылдың орнына таяммум қылыўы мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Soraw?
Assalawma alikum wa Raxmatullahi wa barakatuh:ustaz ozim tan namaz oqiyman allahim ozi qabil qilgay Allaga shukirler bolsin sizge sorawim tomendegishe???
1:Eger sirt elege shiqsaq poezda namaz oqisaq bolama eger oqiytin kezde taxarat alatin jagdayi bolmasa poezdin ol kez qalay oqiymiz eger ilaji tawilip oqip atirip poez silkinip ketse ham jaynamazdan shigip ketsek jane bastan baslap oqiw kk pa ol kez tan namazimiz buzilmayma guna bolmayma???
2:Ustaz bir dostim bar olda tan namaz oqiydi uyge arasinda qidirp kep turadi sol kez tanda turip tan namazdi oqisaq ekewmiz bir jerde oqisaq teñ turip oqiw kerek pa yamasa addelni bolek komtida oqiw kk pa 2ewimiz yamasa bir komtida oqisaq ol qalay boladi???juwablar ushin raxmet!!!ALLA SIZLERDEN RAZI BOLGAY INSHA ALLAH
Ўа алайкум ассалам.
1. Поездларда таҳарат алатуғын жағдай бар. Биймәлел таҳарат алса болады. Сиз айтқан жағдайда намаз бузылмайды.
2. Екеўиңиз бир ханада оқысаңыз болады, бирақ ҳаял-қызлар өзлери оқығанда бөлек-бөлек оқыўы керек. Яғный ҳәр бир ҳаял өзи оқыўы керек, жәмәәт болып, бир ҳаял еркеклердей имам болыўы мәкруҳ ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
АСсаламу алайкум. Устаз ассаламу алайкум хижри хам камари айлары хаккында тусиндирип берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Ески дәўирлерден бир неше календарьларды адамзат ислетип келеди. Солардан екеўин көпшилик халықлар қолланады. Олар шамсий календарь ҳәм қамарий календарь. Шамсий календар бул - қуяшқа қарап ўақытты белгилеў, яғный әдеттеги бизлердиң ислетип жүрген календарымыз. Қамарий календарь бул - айға қарап ўақытты белгилеў.
Шамсий календардағы есаплаўды китапларда миләдий жыл деп аталған. Қамарий есаплаўды ҳижрий жыл деп аталған. Миләдий дегени туўылыў мәнисинде. Кейиншелик алымлар Ийса алайҳиссаламның туўылған жылынан баслап, жыл есаплаўды баслаған, соның ушын буны миләдий деп атайды.
Айға қарап есапланатуғын календарьды ҳижрий жыл деп аталыўы, пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламның Мәккә қаласынан Мадина қаласына көшип өтиўине байланыслы усындай аталған. Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳудың заманында ҳижрий календарь жолға қойылған ҳәм Пайғамбарымыздың усы көшип өткен жылы биринши жыл есаплаған.
Бирақ бул еки календарь да миләдий ҳәм ҳижрий деп аталыўынан нешше әсирлер алдын да болған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум.
Сорау: Адам дунядан отгеннен кейин 3 затдан сауап барып турады деп жазылган. Солардан бири салийх перзент. Менин багша жасында 2 кызым бар. Исламда кызлар тарбиясы хакында маглуматлар берип барсаныз илтимас.
Ўа алайкум ассалам. Иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Хурметли устаз сорауым бар еди. Мен уйге жумыстан келип шам намазын куптан намазын окыган уактымда 1,5 жасар балам аркама минеди алдымнан кесип отеди гейде отырып калады балама зыяны жокпа . Жуап ушын алдыннан рахмет! Алла разы болсын!
Ўа алайкум ассалам.
Балағат жасына жетпеген балалардан қәлем көтерилген, яғный бундай ислери ушын гүна болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
Менин сорауым мен бес уакыт намаз окыйман кешки намазлар гей кезде куйеуимнин жумыстан келетин уактына тууры келеди. Жолдасым намаз окымайды. Мен сондай уакытта не ислеуим керек? Намазды токтатып жолдасымнын айтканын ислеп кийин намаз окыйынба я намазды тамамлайынба? Базарда шашлик сататын тууысканымыз бар шошканын гоши менен аракта сатады уйинде балларынада жегизеди. Демек одан тапкан пул харам есааланса онын уйине бизлер барып жеген тагамларда харам есапланама.
Ўа алайкум ассалам. Парыз намазға кирисилгеннен кейин илажы барынша ақырына шекем жеткериў керек. Бирақ намаздан кейинги зикирлер, дуўалар қосымша ибадат есапланады,оларды кейинирек ислесе де болады.
Егер олардың бул исинен басқа дәрамат киретуғын жумысы да болса, онда үйине барғанда аўқатланса болады. Бирақ, илажы барынша ҳарам нәрселерден сақланыў зәрүр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма әлейкум! Хүрметли устазлар бул қылып атырған саўаплы ислериңизди Аллах таалла ажрын 10 есе қылып берсин. Сизлерден сорамақшы болғаным төмендегише.
Жаңа туўылған балаға азан айтып ат қойыў тәртибин хәм қалай айтылыўын көрсетип берсеңиз. Және неше күн ишинде азан айтылып ат койыў керек. Жуўаплар ушын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам.
Перзент туўылғаннан кейин оған шырайлы исм қойыў ата-ананың ўазыйпасы. Себеби балаға жақсы ат қойыў Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның сүннетлери. Расулуллаҳ: «Әлбетте қыямат күни өзлериңиздиң атларыңыз ҳәм әкелериңиздиң атлары менен шақырыласызлар, солай екен, атларыңызды гөззал қылыңлар» деген.
Исм қойғанда баланың оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтыў ҳәм Аллаҳ тааладан оны қорғаўды сорап дуўа қылыў мустаҳаб есапланады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Перзент көрген адам оның (бөпениң) оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтсын. Соннан соң оған ҳеш қандай жаўыз күшлер зыян қылмайды”-деген. Исм перзент ушын зийнет, ол улғайғанда өз исминен уялмасын. Исм Аллаҳ таалаға қуллық мәнисин билдиретуғын яки Аллаҳ таалаға жақын болатуғын исмлерден болсын. Исм бөпеге туўылған күнниң өзинде яки жетинши күни қойылыўы керек.
Самура разыяллаҳу анҳу деди: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам “Ҳәр бир нәрестеге жетинши күни ақиқа сойылады, исм қойылады, шашлары алынады”-деди”. (Имам Аҳмад рәўияты). Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди: “Ул көрдим ҳәм оған бабам Ибраҳимниң исмин қойдым”. (Имам Муслим рәўияты).
Исмди атасы мәнисин нийет етип қояды. Буннан басқа атасы, апасы (ата-ене) ҳәм басқа ағайин-туўысқанлары қойыўы мүмкин. Аллаҳ таала ушын ең сүйкимли исмлер Абдуллаҳ ҳәм Абдурраҳман исмлери. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди: “Исмлериңиздиң Аллаҳ таала ушын ең сүйкимлирек болғаны Абдуллаҳ, Абдураҳман” (Имам Муслим рәўияты). Буннан кейингилери Абдурраҳим, Абдуллатиф ҳәм усыған уқсас Аллаҳ таалаға қуллық сыпаты болған исмлер ҳәм пайғамбарлардың исмлерин қойыў. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди “Өзлериңизге пайғамбарлар исмлерин қойың!” (Имам Аҳмад рәўияты)
Буннан басқа уламалар, солиҳ инсанлардың исмлеринен қойыў. Мысалы: Умар, Усман, Әлий, Саййид, Талҳа, Урўа, Суҳайл, Мусъаб, Ясир, Анас ҳәм басқа. Қызларға болса Расуллуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның жупты ҳалалларының ҳәм қызларының исмлерин соның менен бирге солиҳалығы, диндарлығы менен ҳүрмет қазанған ҳаял-қызлардың исмлерин қойыў. Мысалы: Хадижа, Айша, Фатима, Ханифа, Умму Кулсум, Зайнаб, Асма, Сумаййа, Насиба, Хаўла, Зыяда, Сара ҳтб. Егер исмлери шырайлы болса ата-баба, әжелеримиздиң исмлерин қойыў.
Егиз перзентлерге исмлер қойғанда қатаң итибар берилиўи шәрт. Мысалы бир қыз бир ул көрсе Адам Ҳаўўа, Юсуп Зулайҳа (Злийха деп айтылып жүр), Фарҳад Шийрин, Таҳир Зухра деп қойыўға болмайды. Адам ата Ҳаўа ене дүньядағы биринши шаңарақты дүзген ерли-зайыплылар. Бизге мәлим Қураны кәриймде “Юсуф” сүреси бар. Олар туўысқан емес, Зулайҳа Юсупке ашық болған ҳалатлары бар. Фарҳад Шийрин, Таҳир Зухра бир-бирине ашық-машықлар.
Исм қойғанда мазмунын оның жазылыўын бузбастан қойыў керек. Мысалы Ибраҳимди Ибраим. Маҳмудты Мамут, Аҳмадты Әмет, Исҳақты Исақ, сондай-ақ қызлардың атларында да Хадижаны Хатша, Фатиманы Патпа, Раҳиманы Раима ҳ.т.б
Енди қойыўға болмайтуғын исмлерден:
Аллаҳ тааладан басқаға қуллық сыпаты бар болған исмлер. Абдунабий (Пайғамбар бендеси), Абдурасул (Расул бендеси) киби
Кәпирлерге, залымларға, жынаятшыларға тән болған исмлер. Фиръаўн (залым патшаның лаўазымы), Жәҳәнгир (парсы тилинен алынған болып дүняны алыўшы мәнисин билдиреди) сыяқлы.
Исмлерде берекет бар екени ырас. Усы орында соны айтып өтейик “исмлер аўырлық қылады” - деген бийкар, пуш гәп. Буған динимиз дереклеринде тийкар жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum.
1. ayel kiyeuinin atin aytip shaqirsa bolama.
Ўа алайкум ассалам.
1. Болады. Басқа адамлардың алдында "Ағасы" яки басқа усыған уқсас атлар менен атаған мақул. Ҳеш ким жоқ жерде еркелеў мәнисиндеги сөзлер менен шақырса да болады. Нәбий алайҳиссалам Аиша анамызды еркелеў мәнисинде "я ъийш" деп шақырғаны рәўият етиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым мен хамледарман намазларымды отырып окыйман меники кате емеспе жане босанганнан кийин 40кунге дейин куран китаптан дууаларды окый алмайтыным бар бирак усы сайттан келген дууаларды окып ядлауга болама? Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ҳәмиледар ҳаяллар намазды оқығанда турып-отырыўы зыян беретуғын болса, намазларын биймәлел отырып оқыса болады. Әдетте көпшилик ҳаяллар ҳәмиледар ўақтында намазларын отырып оқыйды.
Ҳаял-қызлар нифас ҳалында да, ҳайыз ҳалында да дуўаларды оқыса болады.
Нифас - перзент туўылғаннан кейинги ҳаяллардың өзине тән жағдайы. Ҳайыз - ҳәр айда болатуғын ҳаял-қызлардың өзине тән жағдайы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлайкум ұстаз мениң сорауым "мұшрик" деген сөздің мәниси не? Кеңинен айтып өтсеңиз жұап ұшын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. "Мушрик" сөзи "ширк" сөзинен келип шыққан. Мушрик - ширк исти қылыўшы, деген мәниде.
ШИРК
Күпирдиң бөлеклеринен бири болып, Аллаҳ тааланың заты, сыпаты яки ибодатында Аллаҳ тааладан басқасын Оған шерик қылыўға айтылады. Ширк қылыў бир неше түрли болады. Мысалы. Аллаҳ тааланың затында ширк келтириў. Аллаҳ тааланың заты ҳәм Оның илаҳийлығында Оннан басқасын Оған шерик қылыў насроныйлар Аллаҳты үшеў, Мажусийлер Аллаҳты екеў, бутқа сыйыныўшылар бир неше илаҳлардың бар дегени киби. Буның бәршеси Аллаҳ тааланың затында ширк қылыў, делинеди.
2. Сыпатларында ширк келтириў. Бунда Аллаҳ тааланың илаҳлығында Оннан басқаны Аллаҳға шерик қылмаса да, Аллаҳға тийисли болған сыпатларды басқаларда бар деп исениў. Мысалы ғайып илимлери тек ғана Аллаҳға тән. Келешекти Аллаҳтан басқа ҳеш ким билмейди. Айырымлар Аллаҳ тааланың илаҳ екенине исенсе де палкер, порхан ҳәм соған уқсасларға барып, келешегин билгиси келеди. Бул иси менен олар ширк ис ислеп қойған болады. Палкерлер өзлериниң келешегин билмейди, басқалардың келешегин қаяқтан билсин.
3. Ибадатларда ширк келтириў. Ибадатлардың ҳәммеси тек ғана Аллаҳ таалаға қылыныўы керек. Мысалы намаз, оның ишиндеги руку, сәжде, Таўап әмеллери, қурбанлық ҳтб.
Айырымлар Аллаҳға исенсе де, әлҳамдулиллаҳ, мусылманман, деп айтса да, қәбирстанға барып қәбирлерге сәжде қылыўдай ширк әмеллерди қылады.
Дуўа тек Аллаҳға ғана қылынады, бирақ айырымлар өлгенлерден тилейди, қәбирстанларға қатнап бала сорайды, бул да ширктиң бир түри.
Қурбанлық шалыў да бир ибадат. Қурбанлық Аллаҳ тааланың жолында шалыныўы керек, тилекке қарсы айырым илимсиз адамлар "пәлен бабаның жолына", деп сояды. Бул да ширк әмелдиң бири. Бундай сойылған жанлықтың гөши де ҳадаллықтан шығады.
Таўап әмели тек ғана Каабаға арналған, бирақ айырым илимсизлер қәбирстанларды айланып таўап етип жүреди. Бул да ширк әмеллерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар:менин сорауым НАМАЗ хаккында , намазда РУЬКУ кылган уакытта дизени услап турган халда уш марте тасбех (субхана раббиаль азим)айтыу керекпа я болмаса уш марте ийилип , тик турып жане ийилип алты марте тасбех айтыу керекпа кайсы бири тууры болады . Жане ер адамлар менен хайеллердын НАМАЗ окылыуында кандай парк бар.Усы сорауларыма толыгырак тусиник берип отсениз. Алла сизлерден разы болсын.
Ўа алайкум ассалам.
Намаздағы руку әмелинде ер адамлар ийилип дизелерине беккем сүйенген ҳалда кеминде үш мәрте "Субҳанә роббийәл ъазыйм", деп айтады. Ҳаяллар толық еркеклерге уқсап толық ийилип турмайды.
Үш мәрте ийилиў, алты мәрте тасбиҳ айтыў, деген гәплер жоқ.
Еркеклердиң намазынан сегиз жерде парықланады:
1) Тәкбирде ҳаяллар қолларын желкеге шекем көтереди;
2) Қол көтерилген ўақытта қоллар жең ишинде болады;
3) Ҳаяллар қолларын көкиреклериниң үстине қояды;
4) Еркеклер рукуда дизелерин бүкпейди, ал жазып турады, ҳаяллар азырақ бүгип турады;
5) Еркеклер рукуда дизелерине сүйенген ўақытта қол бармақларын ашып турады, ҳаяллар ашпайды;
6) Сәждеде болған ўақытта еркеклер билеклерин жерден ҳәм қабырғасынан, ал, қарынын санларынан ҳәм жерден узақ тутады, бирақ ҳаяллар санларын қарынларына жабыстырып, жыйналыңқырап сәжде қылады;
7) Еркеклер қаъдада отырғанда, оң аяғының бармақларын қублаға қаратып отырады, шеп аяқларын жатқызып, оның үстинде отырады, бирақ ҳаяллар еки аяқларының ушларын оң тәрепке шығарып, шеп жамбасын жерге тийгизип отырады;
8) Еркеклер парыз намазына азан ҳәм иқомат айтып жәмәәт пенен оқыйды, ҳаяллар ушын азан ҳәм иқомат айтыў жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Menin' sorawim tirnaq ha'm shashlardi ne qiliw kerek?Birewler shashti jagiwga bolmaydi, tirnaqti ko'miw kerek deydi.juwabin'iz ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Шайх Муҳаммад Садық ҳәзиреттен тырнақ ҳәм шашларды не қылыў керек, деп соралғанда, оларды көмиў абзал, деп жуўап берген екен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli uztazlar.Sorawim to'mendegi.Qadada otirganda on ayaqtin barmagin qublaga qaratip otiriw kerek.Menin salmagim awirlaw bolgani sebepli qadada orninan turip ketejaqtay bolip otiraman.soytip otirsam bolama.Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Қаъдада отырғанда шеп аяқты жатқарып үстинде отырыў керек. Еки аяқты да тик етип, бармақларды қублаға қарап отырылмайды. Тек ғана оң аяқты тик етип, бармақлары қублаға қаратып қойылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz
Jaqinda anamnan ayrilip qaldim qatti qiynalip jurmen kozlerime anam korine beredi kop ishime salip mazam bolmay qala beredi ozimdi jalgiz sezemen kop jilayman jane usi kunleri bastirinip qorqip jurmen ne qilsam boladi bullardan qalay shigip kete alaman?
Ўа алайкум ассалам.
Адамның туўылыўы бул - өлимге қойылған биринши қәдем. Дүньяға келген ҳәр бир адам өлим шербетин әлбетте татып көреди. Биреў алдын, биреў кейин кетеди. Басқалар буны сабыр тақат пенен қабыл етиўи керек, ҳәттеки Аллаҳға ең жақын бенделер де, пайғамбарлар да дүньядан өткен, соны умытпайық.
Жатардан алдын дуўаларды оқып жатың, сүрелерден фатиҳа, ықлас, фалақ ҳәм нас сүрелерин оқыў усынылады. Сондай ақ, бул сүрелерди басқа ўақытлары да оқып жүрсе болады. "Әстәғфируллооҳ", "Ләә иләәҳә иллаллооҳ" "Әлҳамдулилләәҳи аъләә кулли ҳаал", ҳтб да усындай кәлималарды айтып жүрсе мақсетке муўапық.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar junub halda ne narselerdi islewge bolmaydi ham ne narselerdi islesek boladi maselen allani zikr etsek tasbex sanab jurse payganbarimizdin ati Muxammed a.s.w dep aytilgan bizkerde usi payganbarimiz atin aytsaq junub halimizda mumkinbe eger mumkin bolsa tasbex sanaganimizda ya allaxti zikr h.t.b dawis shigarip aytilsa zikr etilse bolama uliwma junub halda ne narse qulmawmiz kerek ham ne narselerdi qiliwmizga ruwhsat etilgen dinimizde ham sgaruyatimizda bul haqqinda ne delingen juwap ushin aldinnan rahmet iltimas telegramdagi kanalga tezrek shigarsaniz sorawdi iltimas.
Ўа алайкум ассалам.
Жунуб адам намаз оқыўы, Қуран оқыўы, Қуранды услаўы, Каабаны таўап етиўи мүмкин емес. Оннан басқа ислер мүмкин.
Жунуб адам илажы барынша тезирек ғусыл етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum hurmetli ustazlar! 5 waqit namaz oqiyman Alla ozi keshirgey biraq oramal orap jurgenim joq. Menin sorawim, ayirim waqitlari qasimda oramal bolmaydi, sol kezi namazdi oramal oramay oqisa bolama ne qilsam boladi.
Ўа алайкум ассалам.
Намаздың сыртында алты парыз әмел бар, солардан бири сәтри әўрат. Ҳаял-қызлар шашы ашық ҳалда намаз оқыўы дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Карыз намаз калай окылады хам бул намаз не деп аталады? Отиниш кенлеу тусиник берип отсениз
Ўа алайкум ассалам. Қаза болған намазлар қарыз намаз есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы