Ассалаума алеикум устазлар. Алла сизлерден разы болгаи. Еки ҳаял адам намазды бир жерде бир уакытта оқыса, еки болек окиберсек болады ма я биреуи окып екиншиси артына турып каиталап туруы керек пе. жууап ушин рахмет
Ўа алайкум ассалам. Екиўиңиз бир ўақытта оқысаңыз да бөлек бөлек оқып аласыз. Ҳаяллар өзлери жәмәәт болып намаз оқыўы мәкруҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум менин сорауым хаял адам ишки кийимине кишкене мугдарда суйыклык жуккан болса сонымен намаз окыса намазы дурыс болама.илтимас толыгырак аитсаныз?
Ўа алайкум ассалам. Намаздың сыртында алты парызы бар. Солардың ишинде намаз оқыўшының кийими пәк болыўы керек екени айтылған. Ҳаял-қызларда аязлаўдан ямаса басқа себепли келетуғын ақ суйықлық таҳаратты бузады, кийимди де нажасат етеди. Бундай ҳалда намаз дурыс болмайды. Ҳаял-қызлар намазда өзлерин мудамы таза сақлаўы керек, ҳаял-қызларға маҳрамлары (күйеўи, әкес, әжаға-иниси,...) имканият жаратып бериўи лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум устазлар бир хаял намаз окыса хам темеки шексе намазы кабыл болама
Сигарет шегиў бир гуна болса, намаз оқымаў мың гуна. Сигарет шегип жүрип намаз оқылса, мың гүна кетип бир гүна қалады. Намаз фаҳш ҳәм жаман ислерден қайтарады. Намаз оқылса, сигарет шегиўди таслаўға да жәрдем береди, инша Аллаҳ. Мен бир гүна исти ислеп жүрмен деп парыз исти тәрк етип болмайды.
Намаз оқып баслағаннан кейин әсте ақырынлық пенен сигарет шегиўди таслаўы керек. Ҳәр қандай аўҳалда да сигарет шегиў ақланбайды. Соның менен бирге сигаретти таслай алмай атырман деп парыз әмел таслап қойылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar qilip atqan bul sawpli islerin'zdi allanin' ozi qollasin menin sorawim sonnan ibarat dasturxanda aragi bar jerlerde musilman adamnin otiriwi jayz emes dep esittim biraq agayin tuwisqan jora joldasalardin toylarin bunday jagdaylar boladi sonda qanday jol tutsaq boladi onday dasturxannan turip keteyikpe maslahat berseniz tagida meyittin (marxumnin) shomildurganda paydalanilgan narselerdi tagida kiyimlerdi jagip jiberiw kerek dep esttim sol durispa tagida dawis shigarip kiriwde meytke azar jetkizedi dep esitip edim eger duris bolsa kewil aytip shigiw kerekpe tagida marxumnin kiyimlerin agaynlerge tarqatiladi eken olda durispa ya qateme eger olgen adam tusine kirip sennen narse alsa bolmaydi biraq tusinde korgen adam alsa boladi dep esitip edim sol tuwrima jiynalip qalgan qaza namazlari jiynalip qalgan bolsa bir kunde ulgergenshe oqila berse bolama misal ushin 2 saata 15 20 lagin oqiy beriwge bolama nege juma namazi kunleri iymam duah surelerdi turgep turip jamaatqa juzlenip turip oqiydi ne sebete olay tunde jatarda aldin kiyimlerdi sheship awret jerlerdi korsetip uyqiga ketedi kopshilik olsa durispa hurmetli ustazlar usi sorawlarga kennen juwap beriwizdi soranaman aldinna rahmet
Ўа алайкум ассалам. Арақ қойылған дастурхонда отырылмайды. Арақ жоқ ўақытта барып қутлықлап қайтылады.
Марҳумнан қалған кийимлерди пайдаланса болады.
Даўыс шығарып кириўде мейитке азар бериў бар.
Кеўил айтып шығыў керек. Марҳумның кийимлерин жақын досларына ямаса ағайинлерге тарқатса болады.
Түсинде көрген адам алса болады, деген гәп жоқ. Тоқыма гәп.
Бир күнде қолдан келгенше қаза намаз оқыса болады.
Жума күни имам жәмәәтке қарап хутба оқыйды. Бул сүннет әмел.
Кийимсиз жатыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. сорауым: Мен намаз окып билмеймен бирак уйренип кеткенимше мешитке барып жай гана ибадат етип журсем болама? хазирше билетугын сурелер бар. Пайгамбарымызга салауат айта аламан.
Ўа алайкум ассалам. Мешит халықтың мүлки. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ҳаяллар жәмәәт болып оқыса бола ма?
Ҳаяллар өзлери жәмәәт болып оқыўы мәкруҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз. Намаз окыу ушын paziylet.uz телеграм каналында картинкада жибериледи, Тан хам Куяш жазыулы болады, сол екеунин арасындагы уакытта окыу керек деген манисти билдирема? Толык тусиник берсениз, алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Таң намаздың ўақты таң атқаннан қуяш шыға баслағанға шекемги ўақыт. Соның ушын биз таңның атыўы ҳәм қуяштың шыға баслаў ўақытларын жаздық.
Песин намаздың ўақты Заўал ўақты өткеннен Намазлыгерге шекем, соның ушын песинниң кириў ўақтын жаздық. Басқа намазлар избе-из даўам етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма алейкум! Хүрметли устазлар. Сизлерге бермекши болған сораўым төмендегише. Бир танысым яғный жақын достымның үйленгенине 1 жылдан асты шарый никах оқытпады. Мен оған никах оқыт деп көп рет ескерттим. Егер олар никах оқытпай тәўбе етпесе Қыяметте зинакар болама! Жуўап ушын алдыннан рахмет. Ассалаўма алейкум ўа рахматуллоху ўа баракатух!
Ўа алайкум ассалам. Шәръий неке оқытылмаса ерли-зайып есапланбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум менин сорауым бар еди мен буннан коп жыллар бурын озимнин жорамнын инисине арага тусип пул ягный процент алып берип едим агайын жора жолдас коп адамлардан бирак еле сол аперген пулды еле бермей атыр процентте кешилди озинин ене алган пулын тауып бермеди ортага тускеним ушын меннен талап етти бирак мен биреудин хакы калммасын деп озим тауып кайтардым енди кайтарган пулымды ала алмай журмен хабарласкан жер калмады хукык органларыда апере алмады озине келсек бир гезде беремен ямаса не пул деп созинен таяды енди усыны кешип жиберейин десем аз пул емес кудайга тапсырдым дейимба не десем екен карыз деген жаман нарсе екенин билемен менде ортага билмей тусип койдым бирге ислесип жур едик кыянет еттип кетти сол себепли оз жорамда катнасканды койды мен айыплы болып калдым ортада пул апергеним ушын енди не кылайын хазир онында менинда жагдайым жаксы аллага шукир бирак карызын кайтармайды соган маслахат берсениз жуабыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Процентке пул алыў, процентке пул бериў, олардың арасына түсиў ҳарам болған гүна ислерден. Бундай ислерден қайтыў керек.
Биреўге қарыз берилсе, бирақ ол қайтармаса, алған адамның мойнында қарызы өтелмей тура береди, қарызды кешиктиргени ушын, биреўди наразы еткени ушын, шәрияттың әмелин ислемегени ушын гүнаға батады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалау'ма алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорау'ым. 1. Оз каланда бирак баска уйде ямаса базарда журген у'акытта уйине жетемен дегенше намаз каза болып калатугын болса ал сол жерде намаз окыуга шараят болса намаздын тек фарызы окыладыма ямаса суннети де окыладыма? 2. Бес у'акыт намаздын хаммесинде Фатиха суресинен сон замсуре кылып Ихлас суреси окыла берсе боладыма? 3. Шарий неке окылганнан кейин арасында некени жаналап турыу' керек деп еситип едим. Бунын ушын озлеримиз Неке суресин окып журсек болады екен. Некени жаналап турыу'дын пазыйлети неде? Неке суресин жазып жиберсениз. 4. Бир ападан еситип едим гаррысы кайтыс болганнан сон онын орнына куман койып неке окыткан екен.Сол дурыспа? Жуу'аплар ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Намазын сүннетин оқылса парызы өтип кететуғын болса парызына үлгерип қалыў керек. Әдеттеги жағдайда сүннет тәрк етилмейди.
2. Бир сүрени тайынлап алыў мәкруҳ. Басқа сүрени билмесе, үйренип алғанша оқыса болады.
3. Неке сүреси деген сүре жоқ. Бул қәте гәплер.
4. Бул да әсли жоқ, тоқыма гәплер. Бидъат ислерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar hayeler namaz oqiganda alohu akbar aytpaydi azanda aytpaydi dep essittip sol durispa jane hayallardin namaz oqiw tartibin tusindirip berseniz iltimas. jane jagdayi kelmesе uzirli sebeb penen otirip jatip namaz oqiwga boladi delingen solardi da aytip berseniz uslardin barine kennen tusinik berip oyseniz iltimas allah sizlerden razi bolsin aldinan rahmet juwaplar ushin.
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлар намаз оқығанда азан ҳәм иқоматты айтпайды, бирақ намазға киргенде қолын көтерип "Аллооҳу әкбәр", деп айтады.
Ҳаяллардың намазы еркеклердиң намазынан сегиз жерде парықланады:
1) Тәкбирде ҳаяллар қолларын желкеге шекем көтереди;
2) Қол көтерилген ўақытта қоллар жең ишинде болады;
3) Ҳаяллар қолларын көкиреклериниң үстине қояды;
4) Еркеклер рукуда дизелерин бүкпейди, ал жазып турады, ҳаяллар азырақ бүгип турады;
5) Еркеклер рукуда дизелерине сүйенген ўақытта қол бармақларын ашып турады, ҳаяллар ашпайды;
6) Сәждеде болған ўақытта еркеклер билеклерин жерден ҳәм қабырғасынан, ал, қарынын санларынан ҳәм жерден узақ тутады, бирақ ҳаяллар санларын қарынларына жабыстырып, жыйналыңқырап сәжде қылады;
7) Еркеклер қаъдада отырғанда, оң аяғының бармақларын қублаға қаратып отырады, шеп аяқларын жатқызып, оның үстинде отырады, бирақ ҳаяллар еки аяқларының ушларын оң тәрепке шығарып, шеп жамбасын жерге тийгизип отырады;
8) Еркеклер парыз намазына азан ҳәм иқомат айтып жәмәәт пенен оқыйды, ҳаяллар ушын азан ҳәм иқомат айтыў жоқ.
ӘЗЗИ ҲӘМ МАЙЫП ИНСАНЛАР БАЯНЫ
-Әззи ҳәм майып инсанлардың намаздағы ҳүкими қандай?
Инсан әззилиги себепли қыямға туралмаса, отырып оқыйды. Отырған ҳалында ийилип руку қылады, ал сәжде де ел қатары басын жерге тийгизип оқыйы. Егер руку ҳәм сәждеге ҳалы келмесе, отырған бойы руку ҳәм сәждеге бираз ийилип, ишара қылып оқыса да болады. Егер отырыўға да ҳалы келмесе, аяқларын қубла тәрепке узатып, шалқасына жатып, басы менен ишара қылып оқыйды. Егер буған да ҳалы (қуўаты) келмесе, оған үзир есапланады. Қашан қуўатқа кирсе, қазасын оқыў нийети менен кейинге қалдырады.
-Намазды үзирсиз отырып оқыса бола ма?
Суўда, кемеде ҳәм жүрип баратырған үлкен көликлерде мүмкин.
-Сүннет ҳәм нәпил намазын атта оқыса бола ма?
Болады.
-Атта оқылса, қайсы тәрепке қарап оқылады?
Ат қетип баратырған тәрепке қарап.
-Ғаррылығы яки қатты суўық себепли тили Қуранды туўры оқый алмайтуғынлар намазын қалай оқығаны мақул?
Ондай инсанлар имамға уйысын. Жалғыз болса, билген аятын бир неше мәрте тәкирарлап оқыйды.
-Бир инсан қандай да бир себеп пенен ҳуўшынан кетип қалса, оқылмай қалған намазы не болады?
Бийҳуўшлық 24 саат ишинде болса, ҳәр бир намазын қаза қылып оқыйды, егер 24 сааттан өтсе , ол жағдайда таза күнниң намазларына кириседи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалау'ма алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорау'ым. Бир уйге барганда намаз окымакшы болсак, ол уйдин адамлары Кубла тареп кайсы екенин анык билмесе калай аныкласа болады?
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ASSALAWMU ALEYKUM USTAZ SIZGE SORAWIM BAR EDI?
NEKEDEN OTIUGE BARAYIQ DEP KUYEWIME AYTSAM JAQPAY ATIR YAQSHI DEP WAQT SOZIP JUR ALDIN TALAQ DEP AYTTI BIRAQ HAZIR JASAP ATIRMIZ NE QILSAM EKEN? JUWAP USHIN RAXMET!
Ўа алайкум ассалам. Некениң әҳмийетин түсиндириң. Егер ерли-зайыптың арасына талақ түссе, шәрият тәрепинен олар ерли-зайып есапланбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alykum .
Менің сораўим бар .
1.Ісламның неше шəрті бар .
2.Йманиң шəрті неше.
3.ғусилдың шəрті неше .
4. 40 парыз деген не ?? Жүабиңизди күтемен алдинан рахмен толық жүап берің ілтимас алдынан рахмет .Аллаһ разиболсин бəримизден .
Ўа алайкум ассалам.
Ислам дини бес сүтинниң үстине қурылған. 1. Ислам, 2. Намаз, 3. Ораза, 4. Зәкат, 5. Ҳаж
Жети нәрсеге ийман келтириў парыз:
1. Аллаҳ таалаға, 2. оның периштелерине, 3. китапларына, 4. пайғамбарларына, 5. қыямет күнине, 6. бәрше жақсылықлар да жаманлықлар да Аллаҳ тааладан екенине, 7. өлгеннен кейин қайта тирилиўге.
-Ғусылдыӊ мәниси не?
Пүткил денени жуўыў.
-Ғусыл қалай қылынады?
1. Әўели истинжа қылынады. 2. Соӊ қол жуўылады. 3. Таҳәрат алынады (аяқлар жуўылмайды). 4. Оннан соӊ басқа, соӊ оӊ ийинге, соң шеп ийинге соӊ денениӊ басқа ағзаларына суў жеткерилип, ҳәмме жер жуўылады. 5. Соӊ усы тәртип пенен еки мәрте жуўылады. 6. Ақырында аяқлар жуўылады.
-Ғусыл таҳәрат орнына өте ме?
Өтеди.
-Ғусылдыӊ парызы нешеў?
Үшеў: 1. Аўызға суў алып, ғарғара қылыў. 2. Мурын ишин (ашытып) жуўыў. 3. Денениӊ барлық жерине суў жеткерип жуўыў.
-Ғусылдыӊ сүннетлери нешеў?
Он: 1. Истинжа қылыў. 2. Нәжас бар жерди жуўыў. 3. Қолды жуўыў. 4. Он сегиз сүннетке әмел етип таҳәрат алыў. Бирақ аяқлар жуўылмай турылады. 5. Әўели басқа, соӊ оӊ ийинге, соӊ денениӊ барлық ағзаларына бир мәрте суў жеткерип жуўыў. 6. Денесиниӊ қолы жететуғын барлық жерлерин бир мәрте ысқылап жуўыў. 7. Ҳәр бир ағзаға үш мәрте суў жеткериў. 8. Оӊ тәрепин шеп тәрепинен алдын жуўыў. 9. Суўды жетерли муғдарда жумсаў. 10. Ғусыл алып атырғанда қублаға алды менен турмаў, яғный терис қарап, қублаға қапталлап турады.
- Шаш ҳәмде сақалдыӊ ҳәр бир талына суў жеткериў парыз ба?
Еркеклерге парыз. Бирақ, ҳаялларға (шаш өрилген болса,) шашыныӊ түбине суў жеткериўи жетерли болады. Өрилген шашты жайыўы шәрт емес.
-Ғусыл қашан лазым болады?
Үш жағдайда: 1. Жунуб болғанда. 2. Ҳаяллардыӊ хайз қанынан кейин. 3. Нифас қанынан кейин.
Қырық парыз бул мусылманшылықтағы тийкарғы парыз әмеллер.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум. Усы сайт аркалы коп нарселерди билип атырман. Жумысларыныз да табыслар. Аллах яр болсын. Менин сорауым бар еди. Менин намаз окыгым келеди. Хеш болмаса тан намаз окысам деп едим. Айырымлар еле жассан дейди. Не кылсам болады ? Олардын разылыгысыз окысам кате ма ? Илтимас жардем берсениз. Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Намаз балағат жасына жеткен ҳәр бир мусылман ер ҳәм ҳаял-қызға парыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Жасым 38де араб тилин уйренбекши едим кашан таза группа ашылады екен хам толем мугдарын билмекши едим
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты, усы билим журтында ашылған “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” ҳәм “Араб тили” пәни бойынша нәўбеттеги оқыў курсында тәлим алыўды қәлеўши тыңлаўшыларды төлемли оқыў курсына шақырады.
Оқыў курсларының даўамлылық мүддети үш ай етип белгиленген болып, нәўбеттеги оқыў курсы 2018-жыл декабр айында басланады.
Оқыў-шынығыўлары төлемли, бир тыңлаўшыға ең кем айлық ис ҳақысының төрт есеси (810.920) сум муғдарында белгиленген.
Оқыў-шынығыўлары билим журты тәжирийбели қәнигелик пәни оқытыўшылары тәрепинен оқытылады.
Оқыў курсында оқыўды қәлеўши тыңлаўшылар төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы лазым болады.
1. Арза
2. Паспорт копия
3. Диплом яки аттестат копия
4. Сүўрет 3х5 4х5 көлемдеги 6 дана (арқа фоны ақ)
5. 086 - ден-саўлығы ҳаққында мағлыўматнама
6. Файл папка
Мағлыўмат ушын:
+998 61 229 03 20
+998 99 955 58 28
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалауму алейкум! Устаз менин сорауым: Копшилик сауда орынларында х.т.б жерлерде акша шакырады, бахыт алып келеди деп (курбаха аузында тийини бар хам тасбаха, жылан, пил, акша терек (денежный дерева) хам акша шакыратугын осимлик гуллер хам тагыда баска затларды корип каламыз, Бундай затларга исениу ягный кудайга шерик косып атырганга уксамайма динимиз буган калай карайды? Жууап ушын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Бундай ислердиң ҳәммеси бидъат-хурафат ислер. Бундай нәрселер саўдама пайдасы тийеди деп исениў ийманның кетиўине алып келеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Əссалаума əлаикум устазлар келатирған 8-декабр конститутсия байрамларыңиз бенен мениң сораум бар еди мен таксиде баратирған кезимде шафиор хəмде бир жолаушы намаз хакында соллесиб отир жолаушы блаи деди мениң бир танысым намаз охиды деиди брак тəхаретти су менен емес спиртли ишимлик бенен тəхарет алады екен брак шафиор аитады спиртли ишимлик бенен алган дурыс себеби ол таза су хамме жерин таза болады деиди (сонда спиртли ишимлик бенен алған дуриспа намазы қабыл болама) жуабыңыз ушын рахмет
Ўа алайкум. Дурыс емес.
Диний илимди билмей турып, аўызына келген нәрсесин айта бериў, бул - дозақтағы орынды таярлаўға тең. Ҳәдиси шәрийфлерде бундай етип, иимсиз ҳалда диний мәселелерди айтыў, билмей турып адамлардың диний мәселедеги сораўларына жуўап бериў ең аўыр гүналардан екени, бундай адамлар ушын дозақ болыўы айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум: хурметли устаз усы веб-сайтка кирип окыганымнан бери озимде ыхлас пайда болды , Аллага мын шукир болсын мен ТАН намаз окыйман Аллаитала сизлерден ози разы болсын. менин сорауым Намаз окып атырганда намаз китапты касыма койып окысам болама ,билмеген жеримди китапка карап окысам кандай болады.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ ықласыңызды зыяда етсин. Намаз оқып атырғанда ядтан оқыў керек. Үйрениў мақсетинде, үйренип атырып китапқа қараса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар! Сорау-жууаплар ушын көп-көп рахмет. Сорауым бар еди, таза имаратқа көшип келгенимизге бес жыл болды, келген уақытта ата-енемизге қуран шықпа беремиз деп нийет еткен едик, бырақ қаражет ауыспай атырганы себепли бере алмай журмыз. Тилге алынган соң енди, уақытты соза бермей, тезирек бериуимиз керекпе?
Ўа алайкум ассалам. Өткенлердиң ҳақына Қуран шығарыў жақсы ис. Адам дүньядан өткеннен кейин саўап жететуғын ҳәмме жоллары кесиледи, тек үш жол арқалы жетиўи мүмкин. Солардан бири жақсы перзент қалдырған болса, дүньядан өткен ата-анасының ҳақына қылған дуўалары, жақсы ислери жетип турыўы айтылған.
Бирақ бундай ислер ықтыярый. Имканиятыңыз бар ўақытта қылынса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы