Ассалау'ма алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорау'ым. Тан намазынын суннетин окып болган сон куяш шыгып басласа фарызын окыу' ушын куяш шыгып болыу'ын неше минуттай кутиу' керек. Жуу'ап ушын рахмет.
Ўә аләйкум әссәләм. Егер таң намазының сүннетин оқысақ, қуяш шығып кететуғын болса, яғный қуяш шығыўына аз ўақыт қалған болып, тек еки рәкәәт ғана намаз оқыйтуғындай имканият болса, онда сүннети тәрк етилип тек парызы өз ўақтында оқылады, сүннети қаза етип оқылмайды. Егер қуяш шығып баслаған болса, онда қуяштың шығыўын толық күтиў лазым. Көк жийектен қуяштың бир шети азырақ көриниўи менен таң намазының ўақты шыққан есапланады. Соннан кейин сүннети де, парызы да қаза етип оқылады.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Sorawim. Adam bul dunyadan otkennen keyin sol adamnin bolmesine 40 kunge shekem shira yamasa svet jagip qoyiwdin manisi nede? Juwap ushin raxmet
Ўә аләйкум әссәләм. Айырымларда өли жатқан жайға шыра жағып қойыў керек, себеби өлген адам қорқады, деген бир қәте исеним бар. Бул негизи жоқ болған, диннен узақ адамлар тәрепинен ойлап табылған бидъат-хурафат ислерден. Шәриятымыз бундай ислерди қылыўдан қайтарады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Asllawma aliykum Imam aga Allaga zikir etiw haqqinda tusindirip berseniz juwap ushin aldinnan raxmet alla razi bolsin.
ЗИКИР сөзликте «еслеў, тилге алыў, баян етиў» киби мәнилерди билдиреди. Аллаҳ тааланың исмлерин тил менен айтыў «зикир» деп аталады. Зикир ибадат есапланады, бендени Аллаҳ таалаға жақынластырады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум. Сорау:
Газонда футбол ойнаймыз. Гей кезлері газонның пулын төлеуге ойнаймыз хәм утылған команда пул бермейді, гей кезлері болса пулға ойнаймыз утылған команда 20000 береді дем утқан командаға, хәм утсақ бізлер 20000 сум алып қайтамыз. Бул қате емеспа? бул азартная игра болмайдыма?Жуўап:
Бундай шәрт тийкарында ойнаў дурыс емес.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлайкум ұстаз менин сорауым тәурат деген не маниси не кеңинен айтып өтсеңиз жұап ушын рахмет
Таўрат – ибраный тилинде «тәлим, шәрият» мәнилерин аңлатады. Аллаҳ таала тәрепинен Муўса алайҳиссаламға нәзил етилген. Қураны кәриймде Аллаҳ таала бул ҳаққында: «Биз Таўратты нәзил еттик. Онда ҳидаят ҳәм нур бар» (Маида, 44), дейди. Бирақ ўақыттың өтиўи менен Муўса алайҳиссаламға нәзил етилген Таўраттың ҳүкимлери адамлар тәрепинен өзгертилген, жоқ гәплер оның ишине киргизилген, нәтийжеде алдыңғы Таўраттан ҳеш нәрсе қалмаған. Аллаҳ таала Таўраттың ҳүкимин бийкарлаған.
Ҳәзирги яҳудийлардың қолындағы китап «Ески әҳд» деп аталады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aliku agalar menin giy bir sorawlarima juwap kelmey atir ilitmas tekserip juwap jazip jiberseniz.jane bir sorawlarim bar edi.
1 azandi telefondagi budilnik(oyatiw rejimi) aragali esitsek yagniy shaqirilsa, azan aytpasaqta bolama ya ozimiz aytiwiz shartpa.
2 men azandi basqa uyden azan aytsam kiyin basqa jerge barsam jane aytamanba yaki takbir aytip oqiy beremenba.
3 men qonratta oqiyman 6 kunleri qaytaman qalgan kunleri sol jaqta jatip oqiyman men namazlarimdi sapar namaz qilip oqiymanba yaki kundeliki qilip oqiyman ba. uyimnnen 150 km uzaqta jaylasqan oqiw ornim iltimas sorawlarima juwap jazip jiberseniz ilaji bolsa tez kunde quda qalese
Ўә аләйкум әссәләм.
1.Өзиңиз қайта айтыўыңыз керек.
2.Азан менен тәкбирдиң арасында, сүннет намазлады оқыў мүддетинше ўақыт болыўы айтылған. Илажы барынша азан айтылған жерде намаз оқып алыў керек. Таң намазда, сүннетин үйде оқып, кейин үлгере алатуғын болса, парызын мешитте оқыса болады.
3.Мүсәпир ҳүкиминде боласыз. Намазлар қаср оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ва рахматуллоху барокатух. Сизге сорауым озим 5 уакыт намаз окыйман. хазир басымннан аязлап емленип атыр едим. Ток ийне алып атырман
Ем алып атырган уакытта намазды токтатып турыуга бола ма? Бир танысым ози емленип жургенинде намазды ем алып болганша токтатып турман деп еди
Ўә аләйкум әссәләм. Турып намаз оқыў сизге кери тәсир ететуғын болса, намаз отырып оқылады. Оған да имканиятыңыз туўры келмесе, жатып оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Sonda сапарда men 4 rakat namazdi 2 rakat al sunnet namazdi oqimaymanba.ilajin tawsam oqiy bersem boladigo ya iltimas aniq qilip tusindirip bersen jazip muhimlik degen ne? Shartli emes degenbaЖуўап:
Ўә аләйкум әссәләм. Тек ғана төрт рәкәәтлы парыз намазларды еки рәкәәт етип оқыйсыз. Мүсәпир болғанда қаср етип оқыў шәрт. Сүннет намазлар өз орнында қалады. Яғный төрт рәкәәтлы сүннетлер қысқартылмайды. Муқим дегенимиз, өзиниң үйинде жүрген адам. Яғный, сапарда болмастан өзиниң қаласында жүрген адамлар.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Бул ийгиликли ислеринизден алла разы болсын. Устаз менин сизге сорауым: Кийеуи бул дуньядан коз жумган намахрам айелге кеулим тусип калды, онын менен турмыс курып жасагым келеди. Енди бул хаккында шариатымыз не диди?Жуўап:
Ўә аләйкум әссәләм. Жесир қалған ҳаялды некелеп алса болады.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum.men Kiyewim menen ursip uyme ketyp bir jildan beri jinsiy qatnasiqta bolmadyq.talagin bergen joq edi biraq. Men basqa adammen endi turmis quriwga xaqqim barma?ya kiyewimnen talagimdin ruxsatin alium Shartpe?Жуўап:
Ўә аләйкум әссәләм. Ер адам тәрепинен талақ қойылмаған болса, арадағы неке бузылмаған есапланады. Сонлықтан басқа адамға некеңиз түспейди.
Талақ турмыстағы ақырғы шара есапланады. Әйтеўир ислерге талақ айтыў ямаса ҳаяллардың талақ сораўы бул өмирдиң маңызын түсинбегенликтен. Илажы барынша бул сөзди ислетпеўимиз керек. Талақ сөзи ислетилиўи менен Аллаҳтың Аршы ләрзеге келиўи айтылған. Аллаҳтың Аршын ләрзеге келтирип хожалықты бузып, бахытлы боламан деген адам адасады.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
AC CALAMA ALIKUM UCTAZLAR CIZLERDIN BUL ALIP BARIP ATIRGAN ICLERINIZDEN MEN JUDA QUWANICHLIMAN OZIME KEREKLI OZIME PAYDA ETETUGUN JERLERIN OZIMDE QOLAP JURIPEN ALLAHA CHUKIR PAYDACIN KORCETIP ATIR RAHMET.ENDI MENIN CIZGE CORAWIM BAR. MEN BEC WAQIT NAMAZ OQIYMAN ALLAHA CHUKIR.MEN BARHAMA NAMAZ OQIP ATIRGANIMDA AWZIM CUWLACA BEREDI. BILMEDIM NEGEDUR NAMAZ OQIYTIN WAQTIMDA CUWLACADI.COL CUWDI JUTAYIN DECEM OL BOLMACA JUTPAYIN DECEM OL BOLMACA . COL HAQINA MACLAHAT BERCENIZ ILTIMAC ALLAH CIZ BENEN BIZDEN RAZI BOLCIN. ALDINAN RAHMET.
Ўә аләйкум әссәләм. Аўызда пайда болған суўды жутыў намазды бузбайды.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
#сораў_жуўап
Сораў: Assalawma aleykum menin sorawim menin omirlik joldasim uylengen jili bir namahramdi tawip soni men jurip ketti bul waqiya2014jil dan elege din dawam etpekte aytin men ne qiliwim kk eki perzentim bar solar ushin sabrli bolayinba qayteyin men kuyewimdi jaqsi koremen oni qoydim dep ant ishedi biraq hesh isenalmayman kewlim de kittay keshikse guman. men ne qiliwim kk
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Ҳәр бир исте сабырлы болыў керек. Турмыстағы ҳадал ҳәм ҳарам мәселесин күйеўиңиз де өзиңиз де түсиниўге ҳәрекет етиң! Ҳәр бир исте Аллаҳ тааладан қорқыўды үйрениў лазым.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
#сораў_жуўап
Сораў: Ассалаума Алейкум устазлар, сурау берместен алдын сизлерден, егер сурау беруимде қателер болса алдыннан кеширим сурайман. Елимизде «сурағанда айып жоқ » деп айтқанындай мениң сурауым томендегише:
иним туылған уақтында бетинде қалы менен туылған екен (баска хешкимде бундай жағдай кузетилмеген) оны көрген докторлар —бундай қал тек Аллахтың суйген бенделери ушин бериледи, буның емин тек Алла тағаладан сураңыз деп ата анама айтқан екен,
Ата анам коп шипакерлерден, буны қалай кетирудиң жолын емин сурап инимди апармаған жери қалмады, лазерменен емлеу , хирургиялық операция менен емлеу жоллары бар екен бырак бул өмир ушин жуда қауипли хәм гарантия жоқ екен, хәмде хәмме шипакерлер буның еми Аллахтан деп айтқан екен.
Адам коп жерлерде жургенде адамлар оған таң қалып қарай береди, булда болса өз орнында қатты кеуилиме тиеди, ал инимнин козиндеги жасын көргенимде, хәр дәйим Аллахтан емин сурап жалынаман.
Алла тағала маған жол көрсеттиме маган досым усы каналды мәсләхәт етти қарасам көп сурауларға жуап тауылған екен.
Сизлерден ИЛТИМАС, АЛЛАХ СИЗЛЕРДЕН РАЗЫ БОЛСЫН!
Егер буның еми болса қандайда бир оқылатын зат, дуа ямаса пайда беретуғын зат болса жазып жиберсеңиз...
АЛЛАХ сизлерден разы болсын!
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Әўели Аллаҳ тааланың тәғдирине разы болыў керек. Ҳәр қандай ҳалатымызда Аллаҳға шүкир етиўди үйрениўимиз керек. Жағдайы бизлерден де төменлер бар, бизлердиң аяқ-қолымызды пүтин етип қойғанының өзи үлкен бир неъмат. Ақылымызды пүтин етип қойғанының өзи бир неъмат. Ҳәр бир исте Аллаҳтан қорқатуғын етип қойғанының өзи бир неъмат. Қаншадан-қанша он еки мүшеси саў адамлар бар, Аллаҳты танымайды, жүрис-турысы тек гүна ислерден ғана ибарат. Бизлерди усылар қатарында етип қоймағанына шүкир етиўимиз керек. Дүньяның ҳәммеси қолымызда болып, бирақ Аллаҳты танымайтуғын болсақ, әне сол ҳақыйқый бахытсызлық. Усыны ҳеш ўақытта умытпаўымыз керек.
Шәриятта жүздеги айыплы нуқсанды кетириў ушын операция ислетиў жайыз.
Китапларда Қураны кәриймди оқыйтуғын адамның жүзи нурлы болыўы айтылған.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
#сораў_жуўап
Сораў: Әуелем бар ассалаума аликум мени көптен бери ойлантырып жүрген бир сорауым бар еди бизлерде еки неке бар хүкимет некеси яғний (ЗАГС) хәсде мұслыман некеси сорауым муслыман некесинен өтпей тек ЗАГСтан өтип хаялыңмен жақынласу ол зина есептелмейма
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Шәръий некеден өтилмеген болса, шәрият тәрепинен ерли-зайып есапланбайды.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
#сораў_жуўап
Сораў: Ассаламү алейкүм жакында акемнен айріліп калдім садакаларін таркатіпта алдіқ енді мен тойларға барсам ол уятпа мусілманщіліка турі келеме.? Жууап ушүн рахмет
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Азадарлық шәръий истилаҳта ҳаялдың белгиленген мүддетте ҳәм арнаўлы ҳалда өзин зийнет ҳәм соған уқсас нәрселерден тоқтатыўы ҳәм өз үйинен басқа жерде түнемеўи түсиниледи. Буннан шәриятта еркеклерге азадарлық буйырылмағаны келип шығады.
Ҳаял адам күйеўи қайтыс болғанда төрт ай он күн азадар болыўы, басқа ағайини қайтыс болғанда үш күн азадар болыўы керек. Ҳәттеки әкеси қайтыс болғанда да үш күннен артық аза тутылмайды.
Ҳумайд ибн Нофеъ разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Маған Зайнаб бинти Әбиў Салама усы үш ҳәдисти айтып берди. Ол:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ҳаялы Умму Ҳабибаның алдына әкеси Әбиў Суфян қайтыс болғанда бардым. Ол сары реңли ҳәр түрли ҳәм басқа да хош ийисли нәрселерди келтириўин сорады. Ол нәрседен бир кишкене қызға сүртип көрди дә, кейин өзиниң еки жүзине сүртип турып: «Аллаҳға ант, ҳәзир хош ийисли нәрсе сүртетуғын ҳалда емеспен, бирақ Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның минберде турып, «Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген ҳаялдың бир мәйит ушын үш күннен артық аза тутыўы ҳадал емес. Тек күйеўине ғана төрт ай он күн аза тутады», дегенин еситкен едим», деди».
Бухарый, Муслим, Әбиў Даўыт, Термизий ҳәм Насаий рәўият еткен.
Ҳаял адамның күйеўинен басқа жақын ағайинлерине үш күннен артық азадар болмаўы басқа ҳәдислерде де баянланған. Солардан, Зайнаб бинти Жаҳш разыяллаҳу анҳа анамыздың әжағасы қайтыс болған ўақытта Умму Ҳабиба анамызға уқсап жол тутқаны саҳиҳ ҳәдислерде баянланған. Ҳаял адамның күйеўинен басқаға үш күннен артық азадар болыўы дурыс емес.
Енди ҳәзирги күндеги ҳәттеки еркеклердиң де қырық күнге шекем азадар болып жүриўи аса қәте ис. Сондай-ақ, ҳаяллардың жыллап азадар болып алыўы шәрияттан тыс ислерден.
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Азадарлық шәръий истилаҳта ҳаялдың белгиленген мүддетте ҳәм арнаўлы ҳалда өзин зийнет ҳәм соған уқсас нәрселерден тоқтатыўы ҳәм өз үйинен басқа жерде түнемеўи түсиниледи. Буннан шәриятта еркеклерге азадарлық буйырылмағаны келип шығады.
Ҳаял адам күйеўи қайтыс болғанда төрт ай он күн азадар болыўы, басқа ағайини қайтыс болғанда үш күн азадар болыўы керек. Ҳәттеки әкеси қайтыс болғанда да үш күннен артық аза тутылмайды.
Ҳумайд ибн Нофеъ разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Маған Зайнаб бинти Әбиў Салама усы үш ҳәдисти айтып берди. Ол:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ҳаялы Умму Ҳабибаның алдына әкеси Әбиў Суфян қайтыс болғанда бардым. Ол сары реңли ҳәр түрли ҳәм басқа да хош ийисли нәрселерди келтириўин сорады. Ол нәрседен бир кишкене қызға сүртип көрди дә, кейин өзиниң еки жүзине сүртип турып: «Аллаҳға ант, ҳәзир хош ийисли нәрсе сүртетуғын ҳалда емеспен, бирақ Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның минберде турып, «Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген ҳаялдың бир мәйит ушын үш күннен артық аза тутыўы ҳадал емес. Тек күйеўине ғана төрт ай он күн аза тутады», дегенин еситкен едим», деди».
Бухарый, Муслим, Әбиў Даўыт, Термизий ҳәм Насаий рәўият еткен.
Ҳаял адамның күйеўинен басқа жақын ағайинлерине үш күннен артық азадар болмаўы басқа ҳәдислерде де баянланған. Солардан, Зайнаб бинти Жаҳш разыяллаҳу анҳа анамыздың әжағасы қайтыс болған ўақытта Умму Ҳабиба анамызға уқсап жол тутқаны саҳиҳ ҳәдислерде баянланған. Ҳаял адамның күйеўинен басқаға үш күннен артық азадар болыўы дурыс емес.
Енди ҳәзирги күндеги ҳәттеки еркеклердиң де қырық күнге шекем азадар болып жүриўи аса қәте ис. Сондай-ақ, ҳаяллардың жыллап азадар болып алыўы шәрияттан тыс ислерден.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
#сораў_жуўап
Сораў: Ассалау'ма алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорау'ым. 1.. Утир намазынын казасы окыладыма? Жуу'ап ушын рахмет.
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Ўитр намазының қазасы оқылады.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
#сораў_жуўап
Сораў: Assalawmaleykum menin bir sorawim bar edi turmistan ajirasip otirgan ana aliment pul alip otirsa sol tuwrima bizin dinimiz qalay qaraydi eken bul jagdayga negizi ata ana ajirasip atirsa perzent akede qalama yaki anadama men dinimiz boyinsha akede qaladi dep esitip edim usilar boyinsha kennen tusinik berip otseniz otinish juwap ushin raxmet
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Ата-ана ажырасқаннан кейин де баланың напақасы, яғный, жасаў ушын кететуғын қәрежети әкениң мойнында ўәжиб болады. Бул напақаның муғдары ҳәр заман ҳәм журтың ҳалына қарап белгиленеди.
Баланы қарамағына алыў «ҳизана» деп аталып сөзликте қушағына алыў деген мәниде. Шәрият истилаҳында ата-ана ажырасқанынан кейин баланы өз қарамағына алыў ҳәм тәрбия етиўге айтылады. Анаға мәжбүрленбестен бериледи. Талақ қылынған ба я басқа себеп пенен бе бәри бир. Яғный қай тәризде болсын ата – ана ажырасқанда киши жастағы бала анасы қәлеп турса, оған бериледи. Абдуллаҳ ибн Әмр разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Бир ҳаял: «Я Расулуллаҳ, мына балам ушын қарным орын болған еди, көкиреклерим суў ыдыс болған еди, қушағым қорғаўшы болған еди. Ал енди әкеси мени талақ етип, оны меннен тартып алажақ», деди. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оған: «Басқа адамға некеленбегениңше, сен оған ҳақлысаң», деди». Әбиў Даўыт, Аҳмад ҳәм Ҳаким рәўият еткен. Ибн Әбиў Шайба өзиниң «Мусаннаф» деген китапта Саъид ибн Мусаййабтан рәўият етиледи: «УмарУммуАсимди талақ етти. Кейин оның алдына барды. Асим оның қушағында еди. Баланы оннан тартып алажақ болды. Екеўи тартысып кетти. Бала жылап жиберди. Екеўи Әбиў Бәкирдиң алдына барды. Әбиў Бәкир оған: «Ҳаялдың сыйпаўы, қушағы ҳәм ийиси оның ушын сеннен көре жақсырақ. Бала үлкейсе, өзи таңлап алады», деди». Егер ҳаял баланы алыўды қәлемесе, ол баланы алыўға мәжбүрленбейди. Бирақ оннан басқа адам болмаса яки бала оннан басқаға көнбесе онда ҳаял баланы алыўға мәжбүрленеди. Жас баланы қарамағына алыў – оны зыянлы нәрселерден қорғаў, оны жуўындырып, жедирип-иширип, кийинтирип, рәҳәти ушын керекли нәрселер менен тәминлеп, тәрбиялаўдан ибарат. Бирақ баланы қарамағына алыўшы шахста бир неше шәртлер болыўы лазым: 1. Ақылы бар адам болыўы керек. 2. Балағатқа жеткен болыўы керек.3. Диннен шыққан, муртад болмаўы керек.4. Фасиқ, исенимсиз болмаўы керек. Базы фисқ-фужур ислерди ислеўшилер, урлық, ойыншылық киби ислер менен шуғылланыўшылар жас балаларды өз қарамғына алыўға ҳақлы емес. 5. Баланы қараўсыз қалмайтуғын болыўы керек. Егер қараўсыз қалдыратуғын болса қарамағына алыў ҳақынан айырылады. 6. Әке жарлы болып, ана пулсыз тәрбиялаўдан бас тартса, пул бермесе де тәрбиялаўға көнген жақын ҳаял ағайинлеринен бири баланы өз қарамағына алыўға ҳақлы. Киши жастағы балаларға таңлаў ықтыяры берилмейди. Яғный киши жастағы балаға сен ким менен боласаң, өзиң таңлап ал, делинбейди. Ер бала өзи жеп ишетуғын ҳәм ҳәжетке өзи шығып қайта алатуғын болғанша анасы ҳәм мамасы (кемпир апа) ҳақлы. Қыз балалар муштаҳат жасына жеткенше анасы яки мамасы менен қалады. Киши баланы әкеси менен анасы таласып қалса, анасына бериледи. Ул балалар өзи аўқат жей алатуғын ҳәм ҳәжетке өзи шығып келе алатуғын дәрежеге жеткеннен кейин әкесине бериледи. Себеби әкеси оған еркеклерге тән ислерге үйретиўи керек. Қыз балалар муштаҳат жасына жетемен дегенше анасы менен қалыў ҳақы бар. Себеби қызға ҳаялларға тән ислерди анасы үйретиўи керек. Қызлар муштаҳат жасына жеткеннен кейин оларды сақлаўға ҳәм турмысқа шығарыўға әкеси қәдир болғаны ушын әкесиниң қарамағына өтеди. Баласының напақасын берип турған әке баласын көриў ҳаққысы бар.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
#сораў_жуўап
Сораў: Ассалаума әлайкум ұстаз менин сорауым пластикдеги акшаны наққа (обналишкы) айландырсақ 5 проценттен бул рибахорлық есапланама?
Жуўап: Ўа алайкум ассалам. Бирдей еки нәрсени биреўин артық бериў менен бир-бирине алмастырыў риба болады. Пластиктеги пул менен қағаз пул бирдей нырққа тең. Соның ушын бул да риба есапланады.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ASSALAWMU ALEYKUM USTAZLAR. ILTIMAS BIR SORAWIM BAR EDI MEN NAMAZDI SHIGIS TAMANGA OQIP JURGEN EKENMEN oni jakinda bildim ol guna bolmayma ya jane qaza qilip oqiwim kerek pa qaza namazdi neyetti qanday boladi iltimas juwap ushin aldinan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Егер усы тәреп қубла деп нийет етип оқыған болсаңыз, намазыңыз дурыс болады. Намазда қублаға қараў шәрт. Қубланың басқа тәрепте екенинен хабардар болғаныңыздан кейин дәрриў сол тәрепке қарап намаз оқып баслаўыңыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Менин сорауым хазирде айел адамлар ер адамлар менен биргеликте жумыс ислеп атир. Бундай жерлерде айел адамнын жумыс ислегени бизлердин мусылман динине тура келеме. Жуап ушын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Шәрият шегарасынан шықпаған ҳалда ислесе болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы