Ассаламу алейкум! Менин ата-анамнын уйи Мойнакта, озим Нокиске кошип бардым Нокисте жасайман Мойнакка барганда намазды толык окыйман ба кыскартып окыйман ба
Ўә аләйкум әссәләм. Мүсәпир ҳүкиминде боласыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар! Менин сорауым ислам дининде харам етилген нарсе коп. Бирак бизин халык мусылман халык болганы менен ислам динин тан алып сыйлайды. Бирак нийети дузеу болганы ушын конакшыл болганы ушын ба спиртли ишимликти харам деп билмейди. Хатте намаз окыйтугынлар да нийетим бузылмаса арак емес оган берилип шайтанга айлансан харам болады дейди. Кулласы бул хаккында тусиниклер хар кыйлы менде жаспан тан намаз окыйман жаксы нийетте баслаган уактымда ишпей журдим. Хазир арасында ишип койып атырман бирак буннан хещ кашан озимнен кетпегенмен илтимас маган дурыс жол корсетсениз. Ислам дини спиртли ишимликти не ушын харам санаганын тусинемен. Аллахка калбим менен исенемен. Алдымнан шыккан адамнан жардемим аямайман. Озимди усы ислерим менен аклайманба тусинбедим. Динде кайтарылган исти айтып отырыу ансат. Бирак маган тажрийбеде сыналган жууап берсениз илтимас. Мен озимди буннан кейин кыйнамау ушын хужданым алдында пак болыуым ушын кенирек жууап берсениз. Алдыннан рахмет айтаман.
Ўә аләйкум әссәләм. Дин ҳүкимлеринде ҳәр кимниң жеке пикири болыўы мүмкин емес. Шәрият белгилеген ҳүкимди сол ҳалда қабыл етиўимиз керек. Арақтың ҳарам екенин Аллаҳ тааланың Өзи Қураны кәриймде жәриялады. Ҳәдиси шәрийфлерде араққа хызмет етиў де ҳарам екени баян етилген. Бул ҳүкимди, яғный арақтың қадаған екенин ҳәр бир мусылман адам шынтлы тәризде қабыл етип, буны ишиўден пүткиллей шетлесиўи лазым.
Әдеттеги күнлерде бул ишимлик ҳарам болғанындай, ҳар қандай күнде, байрамларда, тойларда, мәресимлерде де ҳарамлығынша қала береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Жане сорауым тан намаз окыйман. Жасым 33те жумыста болганлыгым себепли бир кунлери шаршайман танда турыуга. Дурыс хазир тун узайды. Баска да кыйыншылыклар шаршатады руухый жактан. Бирак билип турып турмай калсам кыйналаман. Еки хаптеде бир марте болсада каза намазга калдырып окысам болама дурыс тусиник берсениз илтимас алдыннан рахмет
Ўә аләйкум әссәләм. Намазлар өз ўақтында парыз етилген. Билип турып намазды қаза етиў, билип турып гүна ис ислеў болады.
Парыз намазларды иләжы барынша ўақты киргенде оқып алыў керек, өйткени, ўақты киргенде парыз намаз оқылғанда, сол намаз ўақты тамам болғанша, намаздың файз-берекети болады, буны тек намаз оқып жүрген адамлар сезиўи мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Сизин телеграммдагы каналынызга агза болганлы берли коп диний, адеп икрамлылык хамде даналык хаккындагы макалалрынызды калдырмай окып озиме руухый азык аламан. Сизлерге усы каналды жаратып халкымызга усынганыныз ушын улкен рахмет.
Динимизде ата анага ер баласын суннет кылыу парыз етилген. Сорауым томендегише:
Халык арасында бир гап бар,- Кутлы болсын баланды мусылман кылып колын хадаллапсан,- дейди.
Соннан мусылман кылыпсан дегени тусиникли, ал колын хадаллапсан деген гаптин маниси кандай. Сизден отиниш сол гаптин маниси тууралы тусиник берсениз егер мумкин болса. Алдыннан рахмет!
Ўә аләйкум әссәләм. Бундай гәплер көбирек халық тәрепинен ойлап табылады. Негизинде ата-анасына қарап, бала да мусылманның зүряды болғанлықтан туўылғаннан баслап мусылман есаплана береди.
Сүннет етиў бул – шәрият тилинде «хатна», деп аталады. Хатна етиў сүннет әмел болғанлықтан халық арасында сүннетлеў, сүннет етиў, деп аталып кеткен. Сүннет еткеннен кейин мусылман болады, деген гәп натуўры. Қолын ҳадаллапсаң, дегени де соған уқсас гәплерден. Бундай гәплерге артықша итибар бериў керек емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum menin sorawim
Kishi daretke shigip atirnsa. tazalansa yamasa ishten jel shiqanday jagday bolip qalsa, ishki daret аlmay tek sirtqisin alabersek bolama?
Gusl alganda niyet etip shomilip shiqsaqta qusil esaplanama?
Ўә аләйкум әссәләм.
Ғусыл төмендеги тәртипте қылынады:
«Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм» делинеди ҳәм ғусылға нийет қылынады: Нәпәкликти кеткизиў, намаз оқыўды жайыз қылыў ҳәмде Аллаҳ таалаға жақын болыўды нийет етип ғусыл қылдым.
Алдын қоллар жуўылады кейин, денедеги мәний ямаса соған уқсас нәрселер тийген жерлер жуўылады.
Алдын басқа, кейин оң ҳәм шеп желкеден суў қуйылып, денениң ҳәммеси жақсылап жуўылады. Бунда денеде ийнениң ушындай жерге суў тиймей қалса да ғусыл есапланбайды. Соның ушын жақсылап итибар менен жуўыныў керек.
Ғусыл қылыўшы адам алдын аўыз ҳәм мурнын шайып, кейин денесин жуўса да ғусылы дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
: Ассалаума алейкум менинг сорауым
1.Зикир айтыу ушын алдын тахарат кылыуымыз шарт пе?
2. Намаз окыганда устимизге белью кийп окысак та бола ма?
Ўә аләйкум әссәләм.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум !
Парыз Айн менен Парыз кифая дегенимиз не?
Ўә аләйкум әссәләм.
Парзы айн – ҳәр бир адамның жеке өзи ислеўи шәрт дәрежедеги парызлар, мысалы күнине бес ўақыт намаз оқыў, ҳтб.
Парызы кифая – бир жәмәәттан бир адам ислеп қойса, басқалар ислемесе де болатуғын парыз ислер. Мысалы, жаназа намазы. Жаназа намазын бир жәмәәттан бир адам оқыса, басқалардың мойнынан сақыт болады. Сондай-ақ, маман қәнигелерди таярлаў да парызы кифая. Яғный, адамлар жасайтуғын ҳәр бир аймақта, сол жердегилер хызметине мүтәж болатуғын маман қәнигелерди таярлаўы парызы кифая болады. Егер сол маман қәниге таярланбаса, сол жердегилердиң ҳәммеси парыз әмелди ислемегенлиги ушын гүнакар болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағаликум узтаз.Кызметтеринизге Аллах разы болсын.Менде сорау емес өтиниш бар еди. Мен районда турам,кеше жакнда Нукисте 15 кун журдим жумыс кызметимен.Намаз оку ушин мешитке барып журдим. Өте әдемиленип кеткен екен мешит.Бирак мени бир жагдай көнилимди ауырты. Тахаратханада су исрапкершилиги коп кездесет.Куманды толтырып әжетханага алып кирип коп мугдарда су ауыстырып куманга тастап койып кетер екен копшилиги.Кейн оны баска адам келип тогип тастайт.Озине жетет деп шамалап алып кирсе боладыго. жане бир жайыт тахарат алганда кранды катты ағызып пайдаланады.Сол ушин илтимас су исрап кылмау ушин тахаратханага кирерде бир насихат сөз жазып койса екен,болмаса жума марузаларында ескертип айтып кетсе екен
Ўә аләйкум әссәләм. Жүдә әҳмийетли гәп. Көпшилик адамлар қолында бар неъматтың қәдирине жетпейди. Суўды бийкарға төгиў, керегинен артық ислетиў бул – неъматтың қәдирине жетпеў. Туўры, сол суўды бир күн ағызып қойсаң да, көп пул болмас, бирақ, қыямет күни Аллаҳ тааланың алдына барғанда бул исимиз ушын қалай жуўап беремиз? Усыны умытпайық!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаүма алйкүм хүрмети агалар мүслман адам ашши жеүге болама, баклажан калбаса сасйски болама йлй олар мүсиманшилика түри келмйма патйа китаблари барма жүап үшин рахмет.
Ўә аләйкум әссәләм. Сораўда ашшы бурыш нәзерде тутылған болса, ол ҳадал өсимлик, оны аўқатлық затларға қосып, адамға зыян болмайтуғын муғдарда жесе болады. Баклажан да басқа азықлық затлар қатары ҳадал. Калбаса, сасискалар ҳадал жол менен таярланған болса, ҳадал болады. Таярланыўда шәриятымызға қайшы келетуғын ислер бар болса, ҳарамлыққа шығады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.
Eger uyqlap atirip, qolaysiz tus korip bu'linip qalsaq, onda taharat qiliw kerekpe ya g'usl qiliwimiz kerekpe? Basqa jagidaylarda g'usl qiliw kerek ekenin bilemen.
Ўә аләйкум әссәләм. Ғусыл қылыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ассалаума алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. сораум. гороскоп-мунажжим башораты димизго соган исену ширкке жатама ? алдыннан рахмет .
Ўә аләйкум әссәләм. Бул ис пенен шуғылланыў, оған исениў ҳәм басқа да оған байланыслы ислер ширк әмеллерден. Сондай-ақ, палкерлик пенен шуғылланыў, пал аштырыў, оған исениў де, мусылманнан ийманын айыратуғын ширк әмеллерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum
Surawim namaz oqip atqan adamnin aldin qansha uzaqtiqtan kesip otiwge boladi.
Ўә аләйкум әссәләм. Намаз оқыўшының нәзери илмейтуғын жерден кесип өтсе болады. Намаз оқыўшылар да, басқалардың өтиўине кесент бермейтуғын жерде намазын оқыўы әдептен. Мысалы мешиттиң ишиндеги сүтинлердиң артында, я болмаса мешиттиң биринши қатарында, сонда басқаларға қыйыншылық жаратып қойған болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалау'ма алейкум уа рахматуллохи уа баракатух.Сорауым.Жакында кемпир апамыз дунядан отти. Ози тири гезинде, мен отип кеткен сон кабириме суу'рет койман, тек аты затымды жазын, гербиштен жай ормей темирден ограждение койсаныз болды деп айтатугын еди. Ал енди айрым жакынлары жай оремиз, суу'ретин соктырамыз деп тур. Оларга суу'рет согыу'га, жай ориу'ге болмайтугынын динимизде рухсат жок екенин айтсам, не ушын деп сорап атыр калай тусиндирсем болады. Манисин кеннен жазып жиберсениз. Сорау'ды кате берген болсам Алла кеширсин. Жуу'ап ушын рахмет!
Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қәбирди пор менен сыбаўдан, оның үстине отырыўдан ҳәм оның үстине жай қурыўдан қайтарды».
Имам Шәфеий қәбирди ылай менен сыбаўға руқсат берген. Басқа ҳәр қандай нәрсени қәбир үстине ислеў мүмкин емес. Тек ғана белги ушын тас қойса болады.
Қәбирлер ата-бабаларды еслететуғын бир орын болғанлықтан өткен үмметлердиң адасыўының тийкарғы себеплеринен бири қәбирстан болған. Сол себепли мусылманшылықта бул мәселеге айрықша итибар қаратылған.
Бул ҳәдиси шәрийфте қәбирлерде мүмкин болмаған ислер саналған:
1. «Қәбирди пор менен сыбаў».
Пор сыбаў ылай сыбаўдан бираз шырайлы, зийнетли, ақ болыўы ҳәммеге мәлим. Соның ушын қәбирге бул исти ислеў мүмкин емес. Себеби бул исте тирилер ушын керек болатуғын нәрсени зая етиў бар. Динимизде ҳәр қандай нәрсени зая етиў ҳарам есапланады. Азмас ақыл жүритилип ойланылса, пор сыбаўдың өзи ҳарам болғаннан кейин оннан көре көбирек қаржы кететуғын қурылыс материалларын ислетсек буннан да беттер ҳарам болыўын түсинип жетиў қыйын емес. Солай екен, түрли басқа сыбаўлар, қымбат баҳалы таслар, шынжырлар, тосықлар ҳәм басқа усындай нәрселер улыўма мүмкин емес.
Екиншиден, қәбир қурыўшыға да, марҳумға да, басқаларға да қәбирге жай қурыўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ. Пайдасы жоқ нәрсени ислеў, мусылман адамға туўры келмейди.
Үшиншиден, қәбир әпиўайы, тәбийий ҳалда турса жаўған қар-жаўыннан, өскен от-шөптен қәбир ишиндеги мәйитке пайдасы тийеди. Қәбир үстин түрли нәрселер менен жаўғанлар болса, мәйитти бул жақсылықтан тосқан болады.
2. «Қәбир үстине отырыў».
Сондай-ақ, тик турыў ҳәм жатыў да мүмкин емес. Себеби бунда қәбирдеги адамға ҳәм оның жақынларына ҳүрметсизлик бар.
3. «Қәбир үстине жай салыў».
Бул қәбирди сыбаўдан да үлкенирек бир ис.
Имам Мәликтиң шәкирти Ибн Абдулҳакам қәбири үстине жай салыўға ўәсият еткен адамның ўәсиятына әмел етилмейди, соның ушын, қәбирлердиң үстине қурылған жайлар бузып тасланыўы керек, деген.
Қәбир үстине жай салыўдың дурыс емес екенине усы дәлиллер жетерли болса керек. Лекин айырым орынларда, әсиресе, бизлердиң журтымызға уқсаған қәбирстанлар қоршалмаған жерлерде қәбирге ҳәр түрли ҳайўанлардың түсип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде ағаштан қәбир үстин қоршап қойса болады. Бунда да ҳеш қандай зийнет бермеў керек.
Өкинишлиси журтымызда қайсы бир қәбирстанға кирсек сарайға барып қалғандай боламыз. Адамлар бир-биринен озарға қәбирлердиң үстине жай салып атырғанын көремиз. Бийшара ата-анасына тири ўақтында пайдасы тиймеген перзентлер, енди ата-анасы өлгеннен кейин оларға азар бериўге өтип алған. Дос-яранларымнан уяламан, ата-анасына қарамай қойыпты екен, деп айтпасын деген ойда ата-анасының қәбирлериниң үстине қымбат баҳалы таслардан үй салып бергенин көремиз. Бирақ бул ислери менен олар өзлери гүнакар болыўы менен бирге ата-анасын қыйнап атырғанын бир ойлап көрсе жақсы болар еди.
4. «Қәбирдиң үстине жазыў».
Жумҳур уламалар қәбир үстине оның ийесиниң атын да, басқа бир нәрсени де жазыў мүмкин емес, деген.
Ҳанафий мәзҳабы уламалары қәбирдиң жоғалып кетиўи яки хорланып қалыўы мүмкинлиги себепли белги қойыў зәрүр болып қалса, белги болатуғын нәрсени жазып қойса болады, деген.
Бул ислерди жақсылап үйренип, шәрият бойынша ис көриўге ҳәзирги күнде жүдә үлкен мүтәжлик бар.
Динимизде еки түрли қәбир қазыў әдети бар. Бириншиси, топырағы қатты болған, қазылса унырап кетпейтуғын жерлерде ләҳәд қазылады. Екиншиси, топырағы бос жерлерде жарма усылда, жерди туўры қазылады. Және ызғар суўлар жақын болған жерлерде сағана ислеў әдети де бар.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ләҳәд бизлерге, шаққ бизлерден басқаларға», деди».
Сунан ийелери ҳәм Аҳмад рәўият еткен.
Ләҳәд жерди қазып, соң қубла тәрепинен тесик ашып, мәйитти қоятуғын жер таярлаў усылындағы қәбир.
Шаққ – жарма болса, туўры қазып, қазылған жерде мәйит ушын жер таярланған қәбир.
Бул ҳәдистен ләҳәд Мадина әҳли ушын екени, себеби ол жер ләҳәд қазыўға қолай екенин түсинемиз. Мадинадан басқа әтираптағы жерлерде шаққ болыўы түсиниледи.
Егер бул еки усылдан қәлегенин қаздырыў имканы болса, ләҳәд қаздырыў мақулырақ, Жердиң бослығы себепли шақ етип қазса да зыяны жоқ.
Әбиў Убайда ибн Жарраҳтай уллы, жәннет хошхабары берилген он адамның бири болған саҳаба жарма усылында қәбир қазыў бойынша қәниге болған.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Рафиқи Аълаға интиқал еткенде саҳабалар жарма етип қазатуғын алдын келсе, жарма етип, ләҳәд етип қазатуғын алдын келсе, ләҳәд етип қазамыз, деп айтқан екен. Сонда ләҳәд етип қазатуғын адам алдын келген ҳәм Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның қәбири ләҳәд етип қазылған.
Әбиўл Ҳайяж разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Маған Әлий ибн Әбиў Талиб:
«Сени Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам мени жиберген нәрсе менен жиберейин бе?! Бир дана да мүсинди қалдырмай жоқ етесең. Бир дана да көтерилген қәбирди қалдырмай жоқ етесең», деди».
Жәҳилият дәўиринде түрли ҳәйкеллер, мүсин көринисиндеги бутларға, қәбирлерге сыйыныў ҳәўиж алған. Ҳәттеки адамлар қәбирлердиң үстине сол адамның мүсинлерин ислеп қоятуғын болған. Ислам ақыйдасы бул нәрселерди жоқ етти.
Пайғамбарымыз саллаллыҳу алайҳи ўасаллам Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳуды ҳәйкеллерди жоқ етиў ҳәм қәбирлерди тегислеў ушын жибергени ҳәммеге белгили ўақыя.
Бул рәўиятта ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам өзин қайсы ўазыйпа менен жиберген болса, Әбиўл Ҳайяж разыяллаҳу анҳуды сол ўазыйпа менен жибергени ҳаққында сөз кетпекте.
Мусылманшылықта жанлы нәрселердиң ҳәйкелин сыйыныў ушын қойыў ҳарам болады. Себеби бул ис ақыйданың бузылыўына алып келиўи мүмкин. Буған ҳәйкеллерге сыйыныў тарийхы гүўа. Рәўиятларда баян етилиўинше, өткен үмметлерде әҳли солиҳ бир адам өткен болса, оларды еслеп турыў ушын сүўретлерин ямаса ҳәйкеллерин соғып қоятуғын болған. Биринши әўлад оларды туўры мәниде еслеп өткен. Кейинги әўлад аталарымыз буларды ҳүрмет етер еди, деп өзлеринен бир нәрселерди қойып, сүўрет ҳәм ҳәйкеллерге болған ҳүрметин және де асырған. Усылайынша барып-барып, бир неше әўладтан соң усы сүўрет ҳәм ҳәйкеллерге сыйына баслаған. Әне усы жағдай жүз бермеўи ушын мусылманшылықта жанлы нәрселердиң сүўретин бундай етип соғып қойыў қадаған етилген.
Қәбирге сыйыныў да қәбирлерди зийнетлеў, олардың үстине биналарды қурыў себепли пайда болған. Соның ушын да қәбирлерди бәлент көтериўге руқсат жоқ.
Жумҳур уламалар, солардан, Имам Әбиў Ҳанифа, Имам Мәлик ҳәм Имам Аҳмадлар қәбирдиң үстиндеги топырақты түйениң өркешине уқсатып бир қарыс көтерсе болады, себеби Суфян ат-Таммардан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның қәбири усындай екени рәўият етилген, деген.
Итибар беретуғын болсақ, уламалар арасында қәбир үстине мәрмәр, гербишли бина ҳәм басқа нәрселер қурыў яки қойыў ҳаққында гәп те болмаған. Себеби бул мәселеде гәп болыўы да мүмкин емес.
Бул ҳәдислерге бойсынып, қәбирлердиң үстине имарат қурыўдан тоқтаўымыз лазым. Басқаларды да бул истен қайтарыўымыз керек. Себеби қәбирдегилерге не нәрсе ең мақулы екенин ең жақсы билиўши бул – Расулуллаҳ алайҳиссалам. Ол киси усындай буйырды ма, демек марҳум ушын да, қалғанлар ушын да ең жақсы ҳал усындай етиў болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.. sorawim surelerdi oqip aytip juriw ushin....taqarat qiliwi kerekpa..yagniy qanday jagday bolsada aytip jurebersek bolama..ya aldin taqarat alip aliw kerekpa
Ҳаял-қызлар үзирли ўақытларында, сондай-ақ, еркеклер де, ҳаяллар да жунуб болған ўақытларында, ғусыл етпегенлеринше Қураны кәриймди услаўға да, ядтан оқыўға да болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум namazdi negizi 5 waqit oqiw kerek sol namaz oqiwga imkaniyat bolmasa, tek tan namaz oqisa boladima 1 namaz oqip gunamiz ustine guna qosip almaymizba . 4 namazdi qaldirip ,juwapti qayaqtan alaman
Ўә аләйкум әссәләм. Улыўма намаз оқымағаннан бир ўақыт болса да намаз оқыған дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum wa rahmatullohi wa barakatu! Menin sorawim Zuxo yag'niy Choshgoh napil namazi haqqinda tolig'iraq tu'sindirip aytsaniz! Bizde hazirgi waqitta Nukus waqti menen saat neshede oqisaq boladi! Juwap ushin aldinnan raxmet Allanin' nuri jawsin!
Ўә аләйкум әссәләм. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким сәске намазын даўамлы оқыса, оның гүналары теңиз көбигиндей көп болса да кешириледи», деди»
Имам Термизий рәўият еткен.
Бул намаздың ўақты Қуяш бир найза муғдарында көтерилгенде, яғный, шама менен қуяш шыққаннан 15-30 минутлар әтирапында ўақыт өткенде киреди, ўақтының ақыры заўалға бир саат қалғанша даўам етеди. Бул «даҳўатул кубро», яғный үлкен таң, делинеди. Зуҳа (сәске) намазы еки рәкәәттан сегиз рәкәәтқа шекем қосып оқылады, ең абзалы төрт рәкәәттан оқыў. Себеби Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам көбинесе төрт рәкәәттан оқыған. Оның ең абзал ўақты ўақтының төрттен бири өткенде.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум уа рахматуллахи уа баракатух. Устаз сизлерге Аллах күш қуат берсин. Кешириңиз устаз усы Октябр айының 21-санеси хижрий сане бойынша Сафар айының 12-сәнесине тууры келиуи керек емеспа. Хижрий календарда солай жазылған, Ал пазыйлет уз тақвимде 2 күн изде қалған екеуи сайкес келмей атыр, Кешириңиз устаз
Ўә аләйкум әссәләм. Пазыйлет.уз сайтында ҳәм телеграмм каналында берилип атырған намаз ўақытлары Өзбекстан Республикасы Пәнлер Академиясы Астрономия институты тәрепинен дүзилген, Өзбекстан Мусылманлары басқармасы тәрепинен тастыйықланған бир жыллық календарь тийкарында дүзиледи. Сол бир жыллық календарьда октябрь айының 21-сәнеси сафар айының 10-сәнесине туўры келиўи көрсетилген.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
: Əс сəлəму 'алейкум Ұстаз. Аллаһ іслеріңізді берекелі білімлеріңізді зияда етсін. Мен сізге сорау менен емес өтініш пенен жузленіп атырман.
Дажжол жəне Яжуж-Мажуж хаққында кеңлеу тусінік берсеңіз екен!
Жұуап ұшын рақмет.Аллаһ мəртебелеріңізді екі дуния зияда етсін. Əмин!
Ўә аләйкум әссәләм. Қыяметтиң белгилери ҳаққында бир неше ҳәдислер бар. Мәселен: «Қуяш батыс тәрептен шықпағанша қыямет қайым болмайды. Қуяшты көргеннен кейин, Жер бетиндеги барлық адамлар ийман келтиреди» (Бх.). Қыяметтиң белгилеринен және бири Дәжжал исимли бир мақлуқаттың пайда болыўы ҳәм Жер бетиндеги барлық ҳидаят жолынан адасқанларды өзиниң изине ертип, Имам Маҳдий басшылығындағы мусылманлар менен саўаш қылыўы ҳәм аспаннан Ийса (а.с.) түсип, оны өлтириўи ҳаққында ҳәдис ҳәм ақоид китапларында баян етилген.
Расул (а.с.) бир ҳәдиси шәрийфинде Аллаҳ таалаға илтижа қылып, ериншеклик, қарыз, қәбир азабы, дозақ, жарлылық сыяқлы апатлардан пана сорағанда, Дәжжалдың бузғыншылығынан да пана сораған (Бх. Мс. Тр.).
Яъжуж ҳәм Маъжуж да қыяметтен алдын шығатуғын махлуқлардан бири.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ! Men jumisqa kiriw ushin jaqinda imtihan tapsirajaq edim, sol imtihannan jaqsi o'tip ketiw ushin qanday dualardi oqip jursem boladi ?
Ўә аләйкум әссәләм. “Робби йәссир ўә ләә туъассир. Роббий сәҳҳил аләййә куллә ъасийр. Роббий тәммим бил хойр”.
Рәббим жеңил қыл, аўыр қылма, Рәббим ҳәмме қыйыншылықты маған жеңил ет. Рәббим ақырын қайырлы қыл.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar . Sorawim perzentimizge at qoyagaq edik . Abdulaziz dep qoysaq dep edim . Braq balamiz 7 ayliq bolip tuwildi adamlar aytiwinsha awir at qoysan bala koteralmaydi degen gap bar sol durispa . Juwap ushin aldinnan raxmet Alla razi bolsin barshemizden.
Ўә аләйкум әссәләм. Халықтың ишинде «аўыр ат қойыў», деген гәп тийкарсыз гәплерден, бундай гәплерге итибар да бермеў керек. Абдулазиз ең жақсы атлардан бири. Абд - бенде, деген мәниде. Азиз – Аллаҳ тааланың атларынан бири, әзиз, қудиретли, деген мәнилерди береди. Абдулазиз – Аллаҳ тааланың бендеси, деген мәнини аңлатады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы