Ассаламу алейкум! Мени усы сорау кыйнайды??? Мен, куйеуим хам балам да шеп кол менен жазамыз, жеймиз... кулласы шебакайлармыз. Аукатты он кол менен жеу керек деп уйиде уйрететугын еди. Бирак колайсыз жеу, тогип шашатугын едим, корканымнан баста касыкты он кол менен услап кейин шеп кол менен жейтугын едим. Енди баламды да он кол менен бисмилла деп баслау керек деймен.... сонша айтасам да оган колайсыз екенин коремен. Динимизде шеп колды шайтан баскарады, шеп кол менен жазыу, аукат жеу болмайды дейди. Сол гаплер распа?
Ўә аләйкум әссәләм. Иләжы барынша жеп-ишиўди оң қолда қылыў керек. Басқа жумысларды шеп қолда қылғанның зыяны жоқ.
Динниң атынан сөйлеўге абайлы болыў керек. Айырым адамлар: «Пәлендей екен динде», деп биймәлел айтып жибере береди, ал негизинде дин бойынша ол адамның саўаты жоқ болады. Оның орнына пәлен адамнан еситтим, деп айтыў керек. Өйткени Пайғамбар алайҳиссалам: «Ким динниң атынан өтирик гәпти айтса, дозақтағы орнын таярлай берсин», деп айтқан. Бизлер соның ушын билип-билмей «Динде пәлендей делинген», деп айтыўымыз жүдә үлкен қәтешилик болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауым аркасы бар деген жин ба я бийкар гап бе
Ўә аләйкум әссәләм. Бундай гәплерге қызыққанның орнына, намазға, оразаға, зикирге қызығыў керек. Көпшилик адамларда қаза намазлары бар, сол қаза намазларды оқыўға қызығыў керек, ҳадал жасаўға, биреўдиң ҳаққысын жемеўге, басқаларға пайдасы тийиўге қызығыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum ustazlar . Sorawim dogovorga mashin alsaq sutqorliqqa jatadima ? Juwap ushin aldinnan raxmet ..
Ўә аләйкум әссәләм. Келисимге байланыслы. Саўдаласып атырғанда пулды бериў ўақтын ҳәм муғдарын келисип алынса, дурыс болады. Мысалы, еки жыл даўамында беремен, ҳәр айда пәлен сомнан, десе.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum ustazlar . Sorawim dogovorga mashin alsaq sutqorliqqa jatadima ? Juwap ushin aldinnan raxmet ..
Ўә аләйкум әссәләм. Келисимге байланыслы. Саўдаласып атырғанда пулды бериў ўақтын ҳәм муғдарын келисип алынса, дурыс болады. Мысалы, еки жыл даўамында беремен, ҳәр айда пәлен сомнан, десе.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум хурметли имамлар. Соруым томендегише. Достым куйеуи менен некеден отпеген, бирак загстен откен. Бирак орталарына баска хаял тусип дуа жолы менен достымнын куйеуин айналдырып некеден отип алган. Достымнын куйеуи шанарагына кайтып келди. Енди баска хаял менен откен некеси не болады. Дуа деген нарсе тасири кандай болад. Алдыннан рахмет.
Ўә аләйкум әссәләм. Дуўа менен айландырып алған, деген гәпиңиз дурыс емес. Дуўа менен әдетте жақсы ислерге кирисиледи. Ол ҳаяллық мәкри менен айландырып алған, десеңиз дурыс сораў берген боласыз.
Ол еркек биринши шаңарағына қайтып келген болса, бирақ араларында еле шәръий неке оқылмаған болса, онда шәръий некесин оқытып алыўы зәрүр. Екинши ҳаялы менен ажырасқан болса, шәръий тәрептен талақ қойыўы керек.
Әлбетте, жақсы ислерди Аллаҳ тааладан дуўа етип соралса, үш истиң бири болады. 1. Дуўасы қабыл болып, мурадына жетеди. 2. Бәле-апатлардың арыўы. 3. Ақыретте саўап болып қосылыўы.
Дуўа етиўдиң өзи бир ибадат ис есапланады.
Бирақ сиз дуўа, деп жаңылыс мәниде айтып турған ис шәриятта қайтарылған палкерликке уқсаған ислерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум хурметли домла менин сорауым бар. Ҳазирде базарларымызда Тауык гошин коп сататын болды, кафе ресторанларымызда хар столага тауык гошин улкен таризде коиады, сол тауык гошин жеуге болама? харам емесба?
Ўә аләйкум әссәләм. Егер ҳадал жол менен сойылған болса, ҳадал болады. Буны сол сатып атырған адамлардан сорап көриў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Qilip atirg'an jaqsi islerin'izge awmet tileymen. Sorawim: Bir qon'simiz aydar toy berejaq. Qizi aydar bolip tuwilg'an eken. Eger toy berilmese awirliq qilip awira beredi eken. Jane oni ulken etip beriliw kerek eken. Sog'an bloklap araqlardi alip tayarlanip atir. Men oni bul joldan qaytarayim desem menin bir imam tanisim aytti suytip beriliw kerek ekenin deydi. Sol haqqinda toliq mag'liwmat bersen'iz. Aydar toy degen ne. Oni toy qilip beriw shartpe. Iltimas
Ўә аләйкум әссәләм. Айдар той бериў керек, деген гәп жоқ. Тойды үлкен етип бериў керек, деген гәп те жоқ. Булар тийкарсыз гәплер. Той берип, тойында арақ қойыў, той бериўшиниң мәнаўияты пәс екенин билдиреди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Juwaplar ushin raxmet. Alla razi bolsin sizlerden. Sonsha qimbatli waqtin'izdi ayamay bizlerge juwap berip otirg'anin'iz ushin.
Sorawim.
1. Qiz balanin suliw bolip ozine qaranip juriwi aytilg'an. Biraq qas juliw mumkin emes eken. Sebebin tusindirip bersen'iz. Al basqa jerler tirnaq h.t.b lar 40 kunnen aspaw kerek delingenba?
2. Kalimai shaxadatti tolig'i menen jazip jibersen'iz iltimas. Oni qay waqitlari aytsaq boladi ham bolmaydi.
3. Menin' 1 yarim jasar balam bar. Jaqinnan baslap minezi ozgerip kiyatir. Qattig'a qirsiq ojet. Tek ura beretug'in adet shig'argan. Sol ushin og'an qaysi surelerdi oqisaq boladi yamasa ne qilsaq boladi. Balalardi duris tarbiyalaw boyinsha kitaplar barma.
Ўә аләйкум әссәләм.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар, сиздерге Алла разы болсын, менин сорауым намазда Имамга уйыганда иштей кайсыларды окимыз? Соны тусиникти етип жазып жиберсениз рахмет!!!
Ўә аләйкум әссәләм. Имамға уйыған адам, тәкбирлерди, сана дуўасын, тәсбиҳлерди, әттәҳиятты, салаўатлар ҳәм ақырғы дуўаны ишинен айтады. Тәкбирлер – намазды баслаған ўақыттағы «Аллооҳу әкбәр», деген кәлима, сондай-ақ рукуге кеткенде, сәждеге жығылғанда-турғанда «Аллооҳу әкбәр», деген кәлималар. Рукуден турғанда «Роббәнәә ләкәл ҳамд», деген кәлима. Сана дуўасы – намаз басланғанда ең биринши болып оқылатуғын кәлималар. Тәбиҳлер – рукуда ҳәм сәждеде айтылатуғын кәлималар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум агаларым...менин сорауым бес уакыт намаз окымастан.Оятал курсий хам ихлас фалак нас сурелерин танда 3 мартеден окыйман онын зияны жокпа.
Ўә аләйкум әссәләм. Қуран аятларын оқыў зыян бермейди, тек ғана пайда келтиреди. Бирақ бундай қылып оқыўыңыз ҳеш ўақытта да парыз намаздың орнына өтпейди. Намаз оқымағаныңыз себепли, басқа намаз оқымағанлар қатары намаз оқылмағанлық гүнасы бола береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аллейкум. Алла сизден разы болсын. Сорауым бар еди семьямызда тынышлык берекет болыу ушын кайсы сурени окып журиуимиз керек. Жуап ушын алдыннан Рахмет Алла разы болсын.
Ўә аләйкум әссәләм. Қураны кәриймнен билген сүрелериңизди оқыўыңыздың өзи жетерли.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум !
Менде бос турған имарат бар. Соны танысым арендаға сорап тур. Ишин продукты магазин қылажақ арақ-шарап, сигаретте сатажақпан дейди. Сол аренданың ақшасы маған харам болама? Я ондайларға бермегеним дурыспа?
Ўә аләйкум әссәләм. Арақ сатыў ушын арендаға жер бериў де арақ ушын хызмет қылыўдай бир ис. Арақ сатылған жерде берекет болмаўын, сиз ол адамға түсиндириң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Озимнен 2 жас улкен ажапам бар. Сонын кеулине тийип коя беремен. Бирак кеширим сорайман. Ислеген ислеримди миллет ететугын да болдым. Жаксы жакк а озгергим келеди. Не ислеуим керек. Озимди жаман корипта кетемен.
Ўә аләйкум әссәләм. Адам өзиниң қәте исин көре алыўы да, Аллаҳ тааланың ол бендеге болған меҳринен. Намаз оқығаныңыздан кейин Аллаҳ тааладан жақсы тәрепке өзгертиўин шын ықлас пенен сораң, биринши нәўбетте өзиңиз соған ҳәрекет етиң!
Бенде өзиниң қәте ис қылып жүргенин сезгеннен кейин бул истен қайтыўы лазым, өйткени усындай ўақытта бул жолдан қайтылмаса, кейиншелик өзиниң қәте ис қылып жүргенин сезбейтуғын ғапыл бендеге айланып қалғанын өзи де сезбей қалады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Jumislarin'izda tabis tileymen.
Sorawim. Birewden zat alip onin' ustine pul qosip satip son aqshasin beriw bul sutxorliqqa kirmeydima?
Ўә аләйкум әссәләм. Затты алған ўақытта пулын келисип алған болса, дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar!!! Sizlerge sorawim bar edi; oziñizge belgili xaliq tilinde buzawbas degen janzat bar. Usi janzatti oltirse sadaqa bergen menen teñ bolama. Sorawim orinsiz bolsa keshirim sorayman. Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўә аләйкум әссәләм. Адамларға пайдалы ислерди ислеў садақа.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar. Alla sizlerden razi bolsin!!! Sorawim tomendegishe; Xalqimizda Qidir atani kordim, Qidir ata bar degen sozlerdi koplep esitkenmiz. Usi Qidir ata tuwrali dinimizde aytilğanba. Bul ALLA TAALA tarepinen adam korinisinde tusken perishtema yamasa Xizir a.s. ba? Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўә аләйкум әссәләм. Хизр алайҳиссалам ҳаққында муқаддес китапларымызда айтылған. Ол киси Муўса алайҳиссаламның дәўиринде жасаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз. Жорам бар еди. 7 жыл алдын кайтыс болды. Ол базарда сауда ислейтугын еди, мен карызга зат алдым, жорасы болганлыгым себепли ол карызды кашан кайтарасан деп айтпайтын еди мен де бериуге асыкпайтын едим. Енди карызым канша екенин умытып калдым, Уйнин иши канша екенин билмейтин шыгар, сорайын десем колайсыз болып тур. Сол маселеде жардем берсениз.
Ўә аләйкум әссәләм. Сиз өзиңиз шамалап пәлен сом шығарың кейин қайтыс болған достыңыздың жақынларына барып жағдайды түсиндирип, сол пулға разылығын сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сорауым: Менин жасым 30 да 3 перзентим кийеуим, енем бар. енем намаз окымайды жасы 73 жаста. ден саулыгы жаксы. уйде татыулык хам берекет болыуы ушын мен тан намаз окыгым келеди. бирак билмеймен кимнен, каяктан сорауым керек? хам менин жасымда болама усыларга толыгы менен жууап берсениз. жууап ушын рахмет
Ўә аләйкум әссәләм. Намаз оқыў балағат жасына жеткеннен кейин парыз болады. Ҳаял-қызлардың балағат жасы ҳайыз көрген күннен басланады. Ҳәзирги күнде намаз оқыў тәртиби берилген қарақалпақ тилиндеги китап баспадан шығып китап дүканларымызда сатылмақта. Сол китаптан намазға тийисли мәселелерди үйренип алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalwma aleykum. Sorawim asr namazi haqqinda, yag'niy keshe bizler u'sh adam bolip asr namazin sham namazi waqti kiriwinen 10minut aldin oqip aldiq, keyin birew kelip bul waqitta namaz oqip bolmaydi sebebi quyash batip baratirgan boladi bul waqta namaz oqiwdan qaytarilgan dedi. Ol adamnin aytqani durispa? Bizler asr namazdi qaytadan oqiymizba? Asr waqti sham namazina deyin emespe?
Ўә аләйкум әссәләм. Үш ўақытта намаз оқыўдан қайтарылған: Қуяш шығып атырғанда, Қуяш тикке келгенде, Қуяш батып атырғанда. Бирақ сол күнниң намазлыгерин оқыса болады.
Сизлер намазды қайта оқымайсыз. Ол киси мәселени толық түсинбеген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум!
1.Матуридий деген ағым қандай ағым?
2. Не ушын сәждеге еки рет барылады рукуғ 1 мәртеге?
Ўә аләйкум әссәләм.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы