Сораў: Assalawma aleykum barshege. Menin sorawim, egerde oz qayin enen seni har kimge jamanlap bolmagan gaplerdi ayta berse ayip kimde har jaqlama azap berip olgen akesin aytip jerge urip qoymasa buni qalay tusinsek boladi musilmanshiqta ene kelinine azap beriliui kerek pe?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сораў бериўдиң өзине жараса әдеби бар. Шәриятымыз ҳеш ўақытта биреўди қыйнаўға, биреўдиң ҳақын жеўге буйырмаған.
Әлбетте, қайын ене келинине жақсы мүнәсибетте болыўы керек. Келинге әкесиниң жаман ислерин айтып жеркиўи ҳәм соған уқсас ислер менен келинди қыйнаўы динимизде қадаған етилген ислерден. Ҳәр бир өзин мусылманман деп айтатуғын адам бундай ислерден сақланыўы зәрүр.
Келин де, қайын енесиниң ҳүрметин орнына қойыўы лазым. Енесинен болатуғын, оннан басқа да адамлардан болатуғын бундай ислерге Аллаҳ ушын сабыр етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Истигфар намазы калай окылады жууап ушын рахмет!
Жуўап: Сиз истихара намазы ҳаққында сораған болсаңыз керек. Истиғфар – бул ислеген гүналарымыз ушын Аллаҳ тааладан кеширим сораўға айтылады. Истиғфар «Әстәғфируллооҳ», кәлимасын тәкирар-тәкирар айтыў менен болады. Ал истихара намазы төмендегише оқылады.
«Истихара» сөзи сөзликте «жақсылықты сораў» деген мәнини аңлатады. Мусылман адам еки истен қайсы бирин қылыўды билмей екиленип қалғанда, жақсысын таңлаў ушын истихара намазын оқыйды. Бул намазды ҳәр бир мубаҳ истен алдын оқыў мустаҳаб.
Истихара намазының биринши рәкәәтында Фатиҳа сүресинен кейин Кәфирун сүресин, екинши рәкәәтт Ихлас сүреси оқылады. Намаздан кейин төмендеги дуўа оқылады:
Аллооҳуммә инний әстәхийрукә би ъилмикә ўә әстақдирукә би қудротикә ўә әсәлукә миң фадликәл ъазыйм. Фә иннәкә тақдиру ўә ләә ақдиру ўә тәъламу ўә ләә аъләму ўә әңтә алләәмул ғуйуўб. Аллооҳуммә иң куңтә таъләму әннә ҳәәзәл әмро хойрун лий фий дийний ўә маъааший ўә ъаақибәти әмрий әў ъаажили әмрий ўә әәжилиҳи фақдурҳу лий ўә йәссирҳу лий суммә бәәрик лий фийҳи ўә иң куңтә таъләму әннә ҳәәзәл әмро шәррун лий фий дийний ўә маъааший ўә ъаақибәти әмрий әў фий ъаажили әмрий ўә әәжилиҳи фасрифҳу ъанний ўасрифний ъанҳу ўақдур лийл хойро ҳәйсу кәәнә суммә ардиний.
Мәниси: «Аллаҳым! Әлбетте, мен Сеннен илимиң менен жақсылықы сорайман. Сениң қүдиретиң менен қүдирет сорайман. Сеннен уллы кеңшилигиңнен сорайман. Әлбетте, Сен қәдирсең, мен қәдир емеспен. Сен билесең, мен билмеймен. Сен ғайыпларды жүдә жақсы билиўшисең. Аллаҳым! Егер бул ис маған динимде, тиришилигимде ҳәм исимниң ақыбети ҳәзирде де келешекте де жақсы екенин билсең, оны маған тәғдир ет ҳәм бул исти маған аңсат ет, оны маған берекетли ет.
Егер бул ис маған динимде, тиришилигимде ҳәм исимниң ақыбети ҳәзирде де, келешекте де жаман екенин билсең, оны меннен бурып жибер, мени оннан бурып жибер. Маған қай жерде болса да жақсылықты тәғдир ет. Соң мени сол жақсылыққа разы ет».
Бул намазды оқығаннан кейин бул ис ҳаққында ойламай, Аллаҳ таала ықтыяр ететуғын нәрсени күтип жүреди. Кейин кеўлине түсип, өзине мақул болып, қылғысы келсе, сол исине кириседи. Бул ҳаққында түс көриўи де мүмкин.
Егер сол иси бир тәрепке болмай турып қалса, истихараны және қайттан оқыйды. Қайта оқыў жети мәртеге шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: assalaumu aleykum ustaz sorauim bar edi 1.tan` namazi menen tek xuftan namazin oqip jursek bolama? basqa namazlardi oqimay. jaqinda baslap edim. tek eki waqt namaz oqip tursam bolar ma? sonin menen birge xuftan namazin oqip bolgan son` vitir wajip namazin oqiw shart pe ya shart emes pe. tahadjut namazi ham vitr namazi haqqinda toliq tusini bere alasiz ba?
Жуўап: Ҳәр бир мусылман адам ушын бес ўақыт намаз оқыўы мойнындағы парыз әмел есапланады. Бес ўақыт намазды толық оқымай, тек таң ҳәм қуптан намазларын оқып жүриў, бендениң мойнынан усы еки намазды сақыт етеди, қалғанлары қалады. Сонлықтан улыўма намаз оқымай жүргеннен таң ҳәм қуптан намазларын оқып жүрген абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum hürmetli ustazler. Sizlerge sorawim bar edi; bizlerge belgili Qoñirat rayoninda Dawit ata ziyaratgahi bar. Bul ziyaratga Dawit payğamberdiñ qabirima? Eger solay bolsa Dawit payğamber bizdiñ jerlesimiz boladiğo...? Usi sorawim tuwrali oziñizge malim zatlardi aytsañiz.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қоңырат районындағы Даўыт ата қәбирстанының Даўыт пайғамбарға қатнасы жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум уа рахматуллохи уа баракатухи. Аллах разы болсын сизлерден сорауларымызга жуап изленип аткан билимлериниздин ажр ин 2 дуняда хам берсин амин. СОРАУЫМ САПАРДА ЖУРГЕНДЕ ТАН НАМАЗЫНЫН СУННЕТИ ХАМ ШАМ НАЗАЗЫНЫН СУННЕТИ ОХЫЛАМА ОХЫЛМАЙМА. ЖУАП УШЫН РАХМЕТ
Ўә аләйкум әссәләм. Егер сапарда сүннетти оқыўға имканият болса, оқыған абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум менин бир сорауым бар еди устаз. мен 5 уакыт намаз окыйман инша аллах. менин сорауым, намаз окып болып тасбех тартып атырганда бармахларым озинен ози кытырлайды менин намазым бузылып кетпейме устаз сизлерден алла разы болсын жуабын кутип каламан
Ўә аләйкум әссәләм. Тасбиҳ айтыў намаздан кейинги ис, намаздың сыртындағы ислер намазды бузбайды. Шәрият тақаттан тыс ислерди талап етпейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. menin sorawim bul menin kuyewim balasi qatini bolaturip, uyine bir qizimen kelip otirgan hayalmen jurip ketti, uyge kelse men bale bop korinemen telefonin teksersem shidap bolmas smsler 5jildan beri so hayaldi qoyalmaydi. aytin men ne qilayin, tek jasawdan sharshadim ba ya guman meni oltirejaq qaytsem tuwri boladi.
Ўә аләйкум әссәләм. Негизинде шаңарақлардағы машқалалар ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған динимизди туўры түсинбегеннен келип шығады. Ҳәр бир еркек неке қурар екен, қурылған жаңа шаңарақты ҳәр тәреплеме қорғаўды өз мойнына алыўы зәрүр. Шаңарақты қорғаў дегени, оны тек әпиўайы ҳалда басқалардан қорғаў ғана емес, ал оны мәнаўий, материаллық, илимий ҳәм басқа да тәреплерден қорғаў түсиниледи. Бирақ некени түсинбегенлер шаңарақты қорғаўды қаяқтан түсинсин?! Шаңарақтың муқаддеслигин қаяқтан түсинсин?!
Сиз Аллаҳтан дуўа етип бул жағдайдың жақсыланыўын сораң. Аллаҳ таала бенделерине жүдә Меҳрибан!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламуалейкум
Менин жорам телефон сатады, ягный магазиннен арзан алып болип бериуге кымбат сатады мен 4 айда кутылсам канша болады десем пален сом дейди маган ол бахасы унамай 3 айга деп сорайман ол арзанлау айтады 2 айда канща болады десем оданда арзан болады,, солай етип баста 1 келисемиз мен озиме туыры келген баха болатын айды айтып аламан, 4айга келисип 2айда кутылсамда сол акща 4айда кутылсамда сол акща. Усы дурыс саудама риба ( пайыз ) болип кетпейма ?
Толык етип жуап берсениз илтимас, Аллах разы болсын рахмет .
Ўә аләйкум әссәләм. Баста келискен ўақыттағы келисим бузылмаўы керек. Яғный 4 айға келисип, оны ертерек қутылсаңыз да, төрт ай ушын келискен баҳаңызды төлеўиңиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim; bir qonsi kisi bar salem bersem alik ala bermeydi kobinese, ya oylanip jurema. Sog'an qanday maslahat beresiz salem bereberemizba.
Ўә аләйкум әссәләм. Әлик алмаса да, сәлем бере бериўиңиз керек. Ҳәдислерде айтылыўынша, егер сәлем берсеңиз, екинши тәреп сәлемге жуўап бермесе, оның орнына периштелер сизге әлик айтатуғын екен. Сәлем бериў сүннет әмел, оны ҳеш ўақытта тәрк етпеўимиз керек, ал әлик айтыў ўәжиб болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Машынларга, уйи ханаданларына хам адам мойынына коз тийимесин хам бале патерден сакласын деп коп адамлар дуз, ашы пурыш, кошкар шакысын, коз тийимесин тагыншаклар хам баска да затларды тагады. Сорау бул Ислам динине сайма хам кандай гуналлар болады бул ислер ушын. Алдынан рахмет.
Ўә аләйкум әссәләм. Динимизде бундай нәрселер арқалы сақланыў айтылмаған. Бул ислер тек ғана адамлардың диний илимлерден узақласыўы нәтийжесинде ислеп жүрген ислери. Бундай ислерге исениў адамды диннен шығарып жибериўге алып келеди. Соның ушын бундай ислерден сақланыўымыз керек.
Адамлардың диний илимлерден узақлығынан айырым биреўлердиң пайдаланып атырғаны да сыр емес. Көшелерде автокөликлердиң алды айнасына қандайдур бир қызыл қағазларды илдирип қойыў ҳеш нәрседен сақламайды, керисинше бундай ислер адамның исенимине тәсир етеди, сонлықтан бундай ислерден сақланыў лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Мен пайғамбарымыз Мухаммад с.а.в. салауатларды көбирек айтқым келеди. салават аль фатиха, ан нарият сыяқлы салаутлар бар. Соларды оқығаным дурыспа?
Ўә аләйкум әссәләм. Китапханаларда салаўатлар ҳаққында, дуўалар ҳаққында китаплар бар, солардың ишинде булардан басқа да салаўатлар айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Juwap ushin aldinnan raxmet alla razi bolsin. Sorawim: 1.Namaz oqiwdi uyreniwdi qaleymen. Rayondagi meshitke barip sol jerde imam-xatibten jol joba sorawgа bola ma? 2.Nokiste ashilgan ush ayliq quran uyreniw kurslari haqqinda toliq maglumat berseniz.
Ўә аләйкум әссәләм.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustaz
Alla sizden razi bolsin
1.Sorawim: Namaz oqip atirgan waqitta uzimizge ozimizdi tilimizde niyet etip alladan soraytug`in bolsaq namazdin qaysi waqtinda sorasaq boladi salemnen keyin ba ya aldin ba yag`niy attaxiyat,Salawat ham robinna atina dan keyin aytsaq bolama juwap ushin alldinnan raxmet
2.Napil namazin oqig`anda niyetti qalay bildirsek boladi
3. Juma namazina barg`anda meshit xaqisina namaz qalay oqiladi
4.Tan` namazin oqig`anda azan aytpay oqiy bersen bolama
namaz kitapim bar sonnda da toliq mag`lumat kerek bolip turipti. juwaplarin`iz ushin aldinnan raxmet Alla sizden razi bolsin
Ўә аләйкум әссәләм.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум устазлар алла сизлерден разы болсын.достым илтимасы боиынша сурап атырман ажагасы орыс кызга уйленди.мусылман некеден отти.енди женгемиз моинына орыс крестигин тагп журеди.орыс мешит барады.баларын да апарады .сен мусылман болдын десе шын конилден аитпадым деиди женгемиз.енди балалары да диннен шгып кетема?ажагасы намаз окымаиды соннан кеиин елестирмеиди
Ўә аләйкум әссәләм. Әҳли китаплардан болған ҳаял-қызларға мусылман жигиттиң үйлениўи дурыс болады. Яғный әҳли китаплар булар – яҳудийлер (иудей дини) ҳәм насранийлер (христиан дини). Келинде де өз дининде жүриў ҳуқықы сақланып қалады. Бирақ перзент тәрбиясында әлбетте итибарлы болыў керек. Перзентлердиң басқа динге өтип кетиўиниң алдын алыў керек. Әҳли китаптан басқа диндегилерге неке түспейди, мысалы, атеистлерге, буддистлерге ҳтб
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Сорауым бизлердин 5 жыл алдын еки баспагымыз гупли болып олип калды. Жеримиз кишкентай болганлыктан оларды атызга комдик. Бирак 5 жылдан берли ол атыздан егин егип пайдаланып отырмыз. Енди тазадан жай салажакбыз. План бойынша атыздын орнына да жай тусиу керек. Бирак алдын комилген хайуанлардын устинен жай котергеннин зыяны жокпа. Жуу'ап ушын алдыннан рахмет!
Ўә аләйкум әссәләм. Ҳеш қандай зыяны жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устаз менин сорауым такуа деген создин маниси не
Кеңинен тусиндирип берсениз
Ўә аләйкум әссәләм.
«Тақўа» сөзликте «сақланыў» дегени. Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу: «Тақўа тикенли майданнан балдырларын ашып, өзине тикен тийгизбей өтип кетиўди аңлатады», деген екен.
Шәриятта тақўа – Аллаҳтың айтқанын қылып, қайтарғанынан қайтыўды аңлатады. Яғный, бул дүнья өмири майданындағы гүна тикенлерин өзине тийгизбей өтиўди билдиреди. Ҳәмме бәле-апат тақўасызлықтан келип шығады. Соның ушын да пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аллаҳға тақўа қылыўды қатты нәсият еткен.
Тақўадарлық ҳәр бир мусылман ушын жүдә әҳмийетли ис болғанынан пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бул мәселени өз нәсиятларында биринши болып айтқан. Аллаҳ таалаға тақўа қылыў – Оның азабына, дозақ азабына себеп болатуғын нәрселерден өзин сақлаў. Тақўадарлық мәлим кийим, мәлим аўқат, мәлим мәкан ҳәм мәлим қосымша ибадатлардан ибарат ис емес.
Тақўа ҳаққында уламаларымыз былай деген: Тақўа бул – ҳәр бир исти ислегенде Аллаҳ таала көрип турғанын сезиниўимиз. Яғный ҳәмме ўақыт Аллаҳ тааланың ҳәмме нәрсени билип турыўын, көрип турыўын сезип турыўымыз керек. Баслығымыз бир иске буйырса, басымызда ол турса да, турмаса да Аллаҳтан қорқып ол исти қолымыздан келгенше бар имканиятымыз бенен ислеўимиз тақўа. Баслық бар ўақытта жақсы ислеп, ол кеткеннен кейин ондай ислемеўимиз бул тақўаның териси.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумагалейкум. Кредитке машын алмакшы едим. Еситиуимше кредитте рибага (процентке) киредимиш. Рибанын кунадан, кунадан, кунадан 73 дарежеси бармиш сонын ен женил кунасы озинин анасы мен зина кылганмен тен миш сол каншелли дурыс. Анык жауап берсениз. Жауап ушын рахмет
Ўә аләйкум әссәләм. Кредит мәселесине алдын жуўап бердик. Пазыйлет.уз сайтының сораў-жуўап бөлимин излеп, таўып көриң. Сондай-ақ, муслим.уз сайтында да кеңнен жарытылған. Шәрияттың гәпи үстинен мысқыллап изине «миш» сөзин қосыў әдепсизлик.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Шариятта келин тусиргенде толейтугын калын мал, сут хакы жонинде айтылганба? Бар болса маглыу'мат берсениз. Жуу'ап ушын рахмет!
Ўә аләйкум әссәләм. Булар ҳаққында айтылмаған. Неке мәресиминде ер адам келинге «мәҳр» бериўи керек екени айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алайкум. Хаж хəм Умра айырмашылығы хаққында айтып өтсеңиз.
Ўә аләйкум әссәләм. Ҳаж сөзликте «Қас етиў» мәнисинде. Шәрият термининде Каабаны ибадат қылыў ушын қас етиў түсиниледи. Ҳаж дене менен де, мал-дүнья менен де қылынатуғын ибадат болып, Ислам, ҳур-еркин, шаңарағында артықша жетерли азығы ҳәм сапар қуралларына қәдир болған, физикалық жақтан саў-саламат мусылманларға жоллар ашық ҳәм қәўетерсиз болған жағдайда өмири даўамында бир мәрте барыўы парыз болады.
Ҳаждың ўақты шаўўал, зулқаъда айлары ҳәм зулҳижжа айының дәслепки он күни болып есапланады.
«Умра» сөзликте «зыярат, абатлық», деген мәнилерди билдиреди. Каабатуллоҳты арнаўлы жағдайда, арнаўлы кийимде зыярат қылыў «умра», делинеди. Оны «киши ҳаж», деп те атайды. Өмирде бир мәрте умра қылыў таъкидленген сүннет. Умра жыл даўамында орынланады. Умра иҳрам, Каабаны таўап қылыў, Сафа ҳәм Марўа аралығында саъй қылыўдан ибарат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Хурмети устаз. Сизлерден Аллах разы болсын. Сорауым томендегише. Банкке жамгармага аз аздан пул салып карежет топлап анамызды Каьбага жиберсем деп едим. Хабарыныз бар ол жерде процент косылады аманатка. Сол сутхорлык есапланып кетпейме? Жууап ушын алдыннан рахмет
Ўә аләйкум әссәләм. Сүтхорлық есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы