Сораў: Ассалаума алайкум. Мен намаз оқымайман бирақ оқығым келеди. Оқып үйренип толық Аллаһтың буйырған бəрлық парызларын, Пайғамбарымыздың сүннетлерин орынлап жүрип кейнен гүнəлар ислеп парызларды орынлай алмай кетиуден қорқаман. Себеби Аллаһқа қыянет еткендей боласаң. ертеңги жағдайыма өзим жууап бере алмайман. Сол қыйнайтуғын сорау. Алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Алдында не боларын Аллаҳтан басқа ҳеш ким билмейди. Әлбетте, намаз оқып жүрип гүна ис етип қойыў жаман аўҳал. Намаз оқымай жүрип, гүна ис ислеп жүриў оннан да жаманырақ. Соның ушын ибадатты баслаў керек. Гүна ислерди қылыўға Аллаҳдан қорқыў лазым. Өйткени, ҳәр бир исимизге жуўап бериўимиз бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum Ustaz!!!. Qurban hayit bayrami mubarek bolsin. Qurbanliq qilinatugin maldi qassapqa soydirsa, ogan sol maldin goshinen haqi esabinda, ham sol qurbanliq qilingan maldin goshinin hammesin uyde agayin, qonsilarga awqat qilip pisirip berse bolama
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қассапқа сойылған малдың гөшинен, сойғаны ушын ҳақы бериў дурыс емес. Қурбанлықтың ҳәммесин үйде ағайин-туўған, қоңсы-қобаға писирип бериў жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustazlar. QURBAN HAYTI QUTLI MUBAREK BOLSIN. Sorawim: men jeke ispilermenmen, aylanista zatlar bar biraq alatugin ham beretugin qarzlarimda bar, Akemnin ozinin basqa tadbirkarligi ham krediti bar. Bularga qaramastan qubanliqqa qoy alip shalsam bolama ham ogan akemnin ruhsati kerekpe?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Өзиңиздиң мал-мүлкиңиз нысаб муғдарына жеткен болса, сизге қурбанлық ўәжиб болады, буған әкеңиздиң рухсат керек емес. Әкеңиздиң мал-мүлки нысабқа жеткен болса, оған бөлек қурбанлық ўәжиб болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustazlar. Sorawim bar. jaqinda agam dunyadan otti, qatti jaqsi insan edi. jaqsi insan edi, dep jiynalganlar da aytti, qiynaldi, Xalqimizga xizmeti tiyip kiyatir edi. Atina quranlar oqiymiz, solardin bari barama agamizga, jane ne qilsaq ruxlari shad boladi?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ата-бабаларымызға бағышлаған саўап, әлбетте жетип барады. Ҳәдиси шәрийфлерде, адам баласы дүньядан өткеннен кейин ҳәмме саўап жоллары жабылады, тек үш жол ғана қалады, жазып қалдырған китабы, адамларға мудамы пайдасы тийип туратуғын көпир, мектеп ҳәм соған уқсас қурған нәрселери, ийги перзенти. Демек, усы үш жол менен дүньядан өткеннен кейин де саўап жетип тура береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум уа рахматуллохи уа баракатух. Баршенизге Алланын нуры жаусын! Шариятта егер жерде бир шанарак ажырасса, Аршы ала ларзеге келип периштелер ланет айтады екен. Уш себетен баска жагдайда ажыраспау кереклиги сабырлы болыу айтылган. Зина ис кылса. Бул жагдайда ажыраспаган адам дозакы болады, деп еситкенмен. Сорауым егер куйеуи баска хайел менен зина ис кылса, бирак екинши кайталамауын ант ишип кеширим сораса, хайели перзентлерин тири жетим кылмайын, акесиз оспесин деген нийетте куйеуин кеширип бирге жасауы дурыспа? Ямаса зинахорды кеширгени ушын дозакы болып есапланадыма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Күйеўи зина қылса, ҳаялы ажырасыўы шәрт, ажыраспаса дозақы болады, деген гәп жоқ. Әлбетте, зина үлкен гүна есапланады. Аллаҳтың азабынан қорқыў керек. Аллаҳ таала зина қылыўшыларға дүньяда да, ақыретте де үлкен азапларды таярлап қойыпты.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алекум Откен Хайт Байрамлары хам киятырган Гарезсизлик байрамлары менен кутлыклайман, жумысларынызда табыс, ислеп атырган сауап ислеринизге Алла разы болгай. сорауым бар еди, 1. Ер адамнын алтын тагуы Динде кайтарылганба? 2.Неке жузиги ше? Кейинги сорауым 3. кайтыс болган адамнын рухын шакырып сойлестиретин айел бар Хорезм уалаятинда ол каншалык рас ондай болуы мумкинбе, оган бару Гуна емеспе? Жуап ушн рхмет Алла разы болгай
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала бул байрамларды бәршемизге мүбәрек әйлегей. Ер адамның алтын тағыўы қайтарылған. Ер адам неке жүзигин тағыў, деген түсиник мусылманшылықта жоқ. Руўҳ ҳаққындағы илимди Аллаҳтан басқа ҳеш ким билмейди. Бундай адамларға барыў ҳәм олардың қылып атырған ислерин тастыйықлаў сондай дәрежеде үлкен гүна, ҳәттеки адам мусылманшылықтан шығып кетеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Мешитке намаз оқыуға келген адам намаз оқылып кеткен болса қәйтип оқыйды?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мешиттиң ишинде ҳеш кимге кесент бермейтуғын жерде оқып алыды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум хурметли умамалар! менин тусимди жорып бере аласызба.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Көрилген түсти дус келген адамға айтыў дурыс болмайды. Оны тақўа ийеси болған Аллаҳтан ҳақыйқатта қорқатуғын ҳәм диний китаплардан хабардан алым адамларға айтыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум ! 2 адам намазды қалай оқыйды? 3-4 адамше? 3-адам 1-әйел адамше?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Еки адам бирге жәмәәт болып намаз оқығанда, екинши адам имам болған биринши адамның оң тәрепинде ярым адым артта турады. Қирәәт етпейди. Басқаларын ишинен айтады. Имамға уйыўшылар еки адам ҳәм оннан көп болса, онда имамның артында кейинги қатарда турады. Жәмәәтта ҳаял адамлар болса, олар еркеклерден кейин таза қатарда турады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум хурметли устазлар. Менин сорауыр, егерде сыйыр корада сыйыр сауыудан алдын Бисмиллахи рохманир рохим деп басласак болама. Сыйыр кора патас жеп болып есаланбайма. Жууап ушын рахмет
Сораў: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәр бир истиң басында «Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм» деген сөзди айтыў лазым. Мусылман адам сыйыр қораларды да таза сақлаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum wa raxmatullaxu wa barakatux. Juma mubarek bolsin. Sorawim Az bolsada sadaqa berip turiw kerek dep aytilg'an. Sadaqani tek pul menen beriledima yaki kiyim kenshek,aziq awqat penen da bersa boladima.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Садақаны тек қаржылай бериў шәрт емес. Басқа нәрселер менен берсе де болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум: Хайт байрам менен менин сорауым бир агайиним бар ишиушиликке берилип кеткен ишпе десек тынламайды кулагына еш гап кирмейтугын еди жакында бир максымсымак бир адамга барып еди ,сени шайтан ийелеп кеткен депти.енди не ислеу керек
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Арақ ишиўди қойыўы керек. Ол адамның жақынлары сол адамға арақтың зыянлы екенлигин, Аллаҳ таала ҳарам еткенин, дүньяда да қыяметте де жазасы бар екенин түсиндириўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum. Juwap ushin aldinnan raxmet alla razi bolsin. Namazda imamliqta turip manis ozgeretugin darejede bir ayatta qatelessek maselen: (guna amellerdi islegen adamalar dozax otinda) degennin ornina kerisinshe qilip oqip qoysaq. Rukuge ketpey turip qalte qilganimizdi bilip qalsaq namazdin aqirinda sajdey sahiw qilip qoysaq namazimiz duris bolama?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қәтелескенимизди билип қалсақ, сол ўақыттың өзинде дурысын қайта оқып, кейин намаздың ақырында сәжде сәҳў етиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum Ziyaratqa barganimizda Allax Taalanin raziligi jane otkenlerdin ruwxi shad boliwi ushin surelerden oqiymiz, oqigan surelerge qosip qaysi duwalardi oqisaq boladi Aldin ala raxmet, sorawimda qateshilik bolsa Allax Taala keshirsin.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Марҳумлардың гүналарын кешириўин, жәннетлер менен сыйлаўын Аллаҳтан сораў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алекум ата Хар сапаргыда1 сорауларима анык жуап аламан коп рахмет Алла разы болгай сизден бир сорауым бар еди мени кеште уйдэ журсем изимнен биреу жургендей бболаберди коркыныш сезими бар ишимде неден екенин билмедим оз ханамда биреу жасырынып жургендей есиктен биреу карап тургандай тап изимнен бир рух тай бир зат анлып жургендей болабереди бархулла аят окып Журемен барибир сондай 2ши сорауым кайтыс болган анамды тусиме ен деп шакыруга болама 3ши сорауым рухты шакырп сойлестиретин айел бар екен Хорезмдэ сол распа ондай мумкинбе ол Гуна емеспе
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Бул ўасўасаға уқсаған нәрсе. Адам көбирек ойлағаннан болады. Әлбетте бундай жағдайларда таҳәрат алып, билген аятларды оқыўымыз пайдалы болады. 2. Дурыс емес. 3. Өтирик нәрсе. Өткенлердиң изинен қайырлы дуўалар етиўимиз керек. Өзлеримиз де бир күн келип солар қатарына қосылыўымызды умытпаўымыз ҳәм мудамы гүна ислерден тыйылыўымыз зәрүр. Ҳәр қандай палкерлер, дуўаханлардан узақ болыў керек, олардан тек ғана зыян тийеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Менин сауалым томендегиден ибарат. Уй хайуанларынын ауызы тийген шелек ямаса баскада ыдыслардан адамлар суу ишсе болама? Ягный, кой, ири шаклы мал суугарылган шелектен инсан суу ишсе болама? Кайсы хайуан ишкен ыдыстан суу тасып ишсе болады хам харам болмайды?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сиз айтқан үй ҳайўанлары суў ишкен ыдыслар таза болса, пайдаланса болады. Ийттиң силекейи тийген ыдыс жети мәрте жуўылады. Жети мәртениң биреўи топырақ пенен ысқалаў болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссалаўма әлейкум! Сизлерге бир еки сораўым бар еди жуўап ушын алдыннан Рахмет! 1. Тахажжуд намазы түнде оқылатуғын намаз, усы намазды оқыўға нийет еткенде уйықлап турыў шәртпе я уйықламай түнниң ярымында оқыўға болама? 2. Қаза руза тутқанда бир күн тутып бир күн ашып тутсақ 60 күнде 30 күн рузаның қазасы тутылама, арасында бөлинип қалса қандай болады? 3. Бос ўақытларым да 10-20 ракат нафил,қаза намазларды оқысақ зам сүрелерди алдынан жобаластырыў(мс: биринши 2 ракатта мына сүре, екинши 2 ракатта мына сүре) дурыс болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Таҳажжуд намазы нәпил намаз есапланады. Әдетте қуптан намазды оқып уйқылап таң атпастан алдын сәҳәр ўақтында турып оқылады. Нәпил намазды қуптанның сүннетинен кейин оқыса да болады. 2. Болады. 3. Нәпил намазлар ушын болады, парыз намазлар ушын бундай етиў мәкруҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum 1,Koz tiymeytin monshak degen zattarda djin boladi degen raspa toliq malimet berseniz 2,adan jasaytin uyde adamnin sureti jane it bar jerge periwhte kelmeytin raspa ustaz
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Қәте мағлыўмат. Көз тиймеўи ушын мойыншақ тағыў дурыс емес. Бул нәрсе адамды сақлайды, деген исеним де дурыс емес. 2. Сүўрет қыстырылған ҳәм ийс сақланған үйге периште келмейди, деген гәп ҳәдисте келген. Бул гәпти Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтқан. Соның ушын бул ислерден сақланыў лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алайкум устазлар! Ийгиликли ислеринизге Аллах риза болсын! Сизге сорауым бар еди. жасым 24те намазды жақында басладым альхамдулиллах. Китаплардан окыуым бойынша қыз бала 9 жасынан баслап намаз окыуы керек екен. мен усы уақыт аралығында қаза болған намазларымды қалай өтеймен? Тек парыз намазларын оқыйман ба? Қуптап намазынын қазасы қалай отеледи парызы менен витир уәжипти окыйдыма? Күнделик ли 5 уақыт намазымнын изинен казасын окысам болады ма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Әдетте қыз балалар тоғыз жас әтирапында балағатқа жетеди, соның ушын китапларда тоғыз жастан оқыў керек, деп айтылады. 9 жасқа толғаннан баслап намаз оқыўы шәрт деп айтылмаған. Балағат жасына жеткеннен баслап намаз, ораза парыз болады, делинген. Қыз балалардың балағат жасы ҳайыз көрген ўақтынан басланады. Қаза намазлардың тек парызларының қазасы оқылады, ўитр намаздың қазасы да оқылады. Күнделикли бес ўақыт намаздан кейин қаза намаз оқысаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma Aleykum! Sorawim : 1 menin Akem qaytis boldi saginaberemen nege tusime kirmeydi dep. tusine esh kirmese narazi bolgani emespe? 2menin oyimnan Mina istep atqanim guna meken ana islep atqanim gunameken degen oylar ketpeyd? 3 men ozim jas kelinshekpen kishkene bupem bar namazga jigilsam qalay boladi oni ushun neden baslawim kerek ?aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Қайтыс болғанлардың түске кирмеўи олардың наразы болғаны, деген түсиник жоқ. Бул қәте пикир. 2. Булар ўасўаса пикирлер. Булардан қутылыўға ҳәрекет етиң! 3. Қарақалпақ тилинде шығарылған намаз китап бар, соның ишинде намазға тийисли ҳәмме ислер толығы менен баян етилген. Соннан үйренсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы