Сораў: ассалаума алейкум устазлар менин сорауым томендегише. Зыйяратка барганда кабир тасларга я баскада тасларга бас тйигизиуге болама
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәзирги күнде қәбирстанларды айланып көретуғын болсақ, адамлар өзлериниң ата-бабаларының қәбирин айланып, топырағын маңлайларына сүртип атырғанын көремиз. Не ушын бундай деп сорасақ, көпшилиги жуўап бере алмайды, айырымлары ҳүрмет жүзесинен дейди, басқалары динде усындай ғой, деп жуўап береди. Ал айырым пулға тоймағанларға бул ислер жағып түседи. Дин бундай ширк ислерге буйырмайды. Буны ҳәр бир ақылы бар адам қылмайды. Исламда Каабатуллаҳтан басқасын таўап етип айланыўға руқсат берилмеген. Бундай етиў ҳарам ислерден есапланады. Исламның басында қәбир зияратын етиў қадаған етилгениниң себеби усында еди. Сол ўақытлары адамлар қәбирлерди айланып, оларға сыйынып, топырағын маңлайларына басқаны ушын зиярат етиў қадаған етилген. Аллаҳ тааланың Өзи бундай ширк иллетлерден сақласын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustazlar. Sorawlarim bar edi. Kop esitemenda qonsidan adam dunyadan otse, sol kuni bas juwiwga, kir juwiwga bolmaydi deydi. usilar durispa rimba? Keyingi sorawim tili shiqpagan balalardin kiyimleri tunde dalada qalip qoyiwga bolmaydi deydi, Shaytan kiredi deydi. Sosin men Balamnin kiyimin shirpi menen alaslayman. Juwap ushin raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бир адамның дүньядан өтиўи басқа адамның жуўыныўына ямаса кир жуўыўына ҳеш бир байланысы жоқ. Биймәлел бас жуўыўға ҳәм кир жуўыўға болады. Кейинги сораўыңыздағы балалардың кийимин түнде жайып қойыў да сондай. Бунда да ҳеш бир зыян жоқ. Түнде шаян ямаса басқа зыянлы жәнликлер кирип қалып, азанда алғанда балаға зыяны тийип жүрмесе болды. Ырым етиўдиң өзи дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum! Sorawim Arab alifbesindegi "sod" ham"dod" harifleri qalay oqiladi? Allah sizlerden razi bolsin
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тилдиң ушы төменги саная тислeрдиң ишинe тийиўи мeнeн үш ҳәрип шығады, олар ز س ص ҳәриплeри. Сод ҳәриби менен сийн ҳәрибиниң махражы бир жер. Парықы сод ҳәриби жуўан ҳәрип есапланады, ол айтылғанда тилдиң өсип шыққан жери таңлайға қарап көтериледи. Тилдиң oң ямаса шeп шети адрас тислeриниң oң ямаса шeп тәрeпиндeгилeргe ямаса eкeўинe дe теңдей тийгизилгeндe ض ҳәриби шығады. Әдeттe тилдиң шeп тәрeпи адрас тислeриниң шeп тәрeпиндeгилeргe тийгизилипض ҳәриби шығарылады, сoның мeнeн биргe бул усыл аңсатлаў eсапланады. Eки тәрeпинe тийгизип шығарса да дурыс бoлады, бирақ буған ҳәммeниң дe имканияты жeтпeйди. Рәўият қылыныўына қарағанда ҳәзрeти Умар разияллаҳу анҳу ض ҳәрибин eки тәрeпкe бирдeй тийгизип шығарады eкeн. Тислeр 32 дана бoлып, oлар төрткe бөлинeди: 1. Саная тислeри – oлар eң алдынғы жоқарғы eки ҳәм төменги eки тискe айтылады. Ҳәммeси бoлып төртeў. 2. Рубаъият – саная тислeринeн кeйинги тислeр. Жoқарыда санаяның eки шeтиндe бирeў-бирeўдeн eки тис, төменде дe сoндай. Ҳәммeси бoлып бул да төртeў. 3. Аняб – рубаъият тислeринeн кeйинги тислeр. Жoқарыда рубаъияттың eки шeтиндe бирeў-бирeўдeн eки тис, төменде дe сoндай. Ҳәммeси бoлып бул да төртeў. 4. Адрас – қалған ҳәммe тислeр бoлып, жәми 20 тис. Бул тислeр үшкe бөлинeди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Откенде тагдир тууралы сорау берип едим. Жуабынызды окыдым рахмет. Макаланыда окыдым кеширин расын айтсам толык тусиналмадым. Жане бирзатларды сорасам: 1) Адамнын кашан, кайтып кайтыс болатугынын канша жас жасайтугынын алдыннан Аллах Таала тагдирине жазып кояма ягный тууылган уактынан баслаппа ямаса ислеген, кылган исине карап кейнен жазама? Сондай болса базы биреулер оз жанына каст етеди сонда оныда тагдир деп тусинемизбе?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тәғдир исине шуқыр кирисиўден уламаларымыз қайтарған. Өйткени тәғдир Аллаҳ тааланың иси, ал бенде Аллаҳ тааланың исин аңлаў уқыбына ийе емес. Аллаҳ тааланың илим деген сыпаты бар. Бул сыпат ¬– Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени билетуғын екенин ҳәттеки келешекте не болыўын, болатуғын нәрсениң қашан тамам болыўына да билетуғынын аңлатады. Тәғдир арқалы биз – Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени алдыннан билиўши екенин түсинемиз, бирақ Аллаҳ таала ҳеш кимди бундай болсын деп мәжбүрлеп жазбаған, ал сондай болады, деп жазған. Булардың ҳәммеси Аллаҳ таала барлық нәрсени алдыннан билиўине қайтады. Бир адамның өмирде не ислеўин, ол адам еле туўылмай турып Аллаҳ таала биледи ҳәм әзелде тәғдирин сол билгени бойынша жазып қойған. Рәўиятта айтылыўынша Ийса алайҳиссаламның алдына шайтан келип: «Сизлер тәғдирде бар нәрсе болады, дейсизлер, онда мына таўдың үстине шығып өзиңди тасла, егер тәғдириңде тири қалады, деп жазылған болса, таўдан өзиңди таслағаның менен бәрибир тири қаласаң», дейди. Сонда Ийса алайҳиссалам: «Ҳәй шайтан, не деп турсаң?! Аллаҳты сынаў бизлердиң жумысымыз емес, бирақ бизлерди сынаў Аллаҳтың жумысы», деп жуўап берген екен. Соның ушын да бул мәселеге шуқыр кириспей, ҳәмме нәрсе Аллаҳ тааланың тәғдири менен болыўына исенген ҳалда, Аллаҳ таала буйырғандай жасаўға ҳәрекет етиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Адамлар коз тийипти ямаса ойпырымай деген созлерди айтады булар распа? Ондай болса не ислеу керек, тауипке барыу керекпе я махсымгама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳеш жаққа барыўдың кереги жоқ. Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтқан арнаўлы дуўалар, аятлар бар соларды оқып жүрсеңиз иншаАллаҳ көз тиймейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum1 makrux degen sozdin manisi ne qanday soz .2 Qidir ata degen barma Qidir ata Qidir alexssalam degen diydi sol soz durispa 3 namaz oqip atirgan adam ustinde shapan boliw kerek durispa ol shapan kiyiw parzba yaki sunetpa musulmanga sawp boladi diydi toliq maglumat berseniz basqa kiyetugin sale haqindada masini kiyiw shartpe .4 Shet elde jurgende juma namazin oqiwga bolama juma namazinin sawabi qanday . 5 Qadir namazi degen ol qanday waqita oqiladi toliq malwmat berseniz qadir namazi haqinda . 6 .Ishinde jarigi bar keseden shay ishiwge bolmayma. 7. Temeki sheken adamnin qabri tutinge toladi diydi araq ishken adam ham naspay atqan adamalardigi ne boladi. Juwaplariniz ushun aldinan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Макруҳ – жағымсыз, жаман деген мәниде. 2. Қыдыр ата бул бизиң тилимизде өзгериске ушыраған Хизр алайҳиссалам. Бирақ ол ҳаққында тийкары жоқ көп рәўиятлар тарқалған. Хизр алайҳиссалам ҳаққында Каҳф сүресинде баян етилген. 3. Намаз оқығанда әўрет жерлер жаўылыўы парыз, еркек адамның әўрет жерлери киндигиниң астынан дизесиниң астына шекем. Демек намаз оқымақшы адам ең кеминде усы еки аралықты жабыўы парыз болады. Сәлле, шапан, мәси кийиў сүннет әмел. Киймеген адам гүнакар болады, делинбейди. 4. Мүсәпир адам жуманың орнына песин оқыса болады. Мүсәпир деп өзи жасап турған жерден сапар нийети менен он бес күннен аз мүддетке үш күнлик қашық жерге барыў. Қайсы бир қалаға бир-еки айлап жумыс ислеў ушын барған адамлар намазларын муқийм адамлардан толық оқыйды. 5. Қәдир намазы ҳаққында мағлыўматқа ийе емеспиз. 6. Пайғамбарымыз алайҳиссалам қайтарған. Ҳақыйқатта жарығы бар кеселерде микроп жыйналып қалады. 7. Шәриятымызда қадаған етилген нәрселер дүньяда да, ақыретте де адамға зыян нәрселер есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Paygambarimiz (S A V ) ham Abu Bakir Sidiq (R A) neshe jasinda bul dunyani tark etken juwap ushun raxmet .
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳижрий есап пенен алпыс үш жасында.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Зулхижжа айынын 10 кунлик оразасын кимлер тутыу керек? Жууап ушын алдынан Рахмет! Жумысларынызда аумет тилеймен.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Зулҳижжа айының басындағы он күн уллы күнлер қатарына киреди. Бул күнлерде көп саўаплы ислер қылып қалыў керек екени китапларда жазылған. Усы он күнликтиң тоғыз күнинде ораза тутылады. Оныншы күни ҳайыт болып, ол күни ораза тутылмайды. Бул ораза нәпил. Қәлеген адам тутыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алекум устаз жуапларыныз ушын рахмет тагы бир сорауым бар еди кеше интернетте ютуб программасында бир канал бар екен иши хаммеси мусылманша сорау жуаплар мақала лар оларга исениуге болама
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Интернет – үлкен бир әлем. Оның ишинде туўрысы да, қәтеси де, жақсылыққа шақырыўшы да, бузықлыққа шақырыўшы да ушырайды. Әсиресе, ҳәзирги жәҳәнниң глобалласыў жағдайында түрли-түрли тоқыма, динге қайшы келетуғынлар ислерди ислеп буны диний әмел дейтуғынлары да ушырайды. Сонлықтан, халқымыз усындай қәте жолларға түсип қалмаўы, халқымызға ата-бабаларымыздан киятырған туўры жолды көрсетиў мақсетинде диний рәсмий сайтлар ашылған ҳәм булар Өзбекстан мусылманлары басқармасының рәсмий muslim.uz сайты менен биргеликте ис алып барады. Қарақалпақ тилинде ис алып баратуғын еки диний рәсмий сайт бар. Булар paziylet.uz, alberuniy.uz сайтлары. paziylet.uz сайтында халықтан келип түсетуғын диний сораўларға жуўап бериледи. Халқымыз ишинде диний мәселелерде түсинилмей жүрген сораўлар болса, рәсмий диний сайтлардан пайдаланыў керек. Сондай-ақ, усы сайтлардың телеграм каналлары да бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalam aleykum. Juwaplariniz ushin kop raxmet. Bilmegen ilmlerimiz uyrenip atirmiz. Sizlerge sorawim bar edi. Sorawim ushin aldinnan keshirim sorayman. Kitaplarda ayel adam g'usl alganda shash o'rilgen bolsa juwiw shart emes delingen. Tek tuplerin suwlap qoysa boladi delingen. Tanislarim aytiwi boyinsha junub bolgan waqtta shash jiynalgan bolsada sonday qiluga boladi deydi. Sonday bolama? Azanda dalaga shigip ketemiz. Eger gaplerim qate bolsa Alla keshirsin. Juwap ushin raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жунуб болмастан алдын шаш өрилген болса, кейин жунубликтен пәклениў ушын ғусыл еткенде шаштың түбине суў жеткерилиўдиң өзи жетерли болады, өрилген шашты шешип жүриў шәрт емес. Бирақ шаш жайып қойылған болса, буўып қойылған болса, онда шаш толық жуўылыўы шәрт етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Арафа күни август айынын нешинши санесине тууры келеди? Рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Быйыл 2018-жылы Ҳайыт күни 21-август ҳәптениң екинши күни. Арафа ҳайыттан бир күн алдыңғы күн 20-август, ҳәптениң биринши күни.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alaykum wa rahmatullohi wa barakatuh! Qurani Karim oqiw kurslari endigi oqitilatin gruppa qashan ashiladi, ham ogan qalay jazilamiz aldinan? Toliq mag'liwmatqa iye boliw ushin qaysi telefon nomerine xabarlassaq boladi?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курсларының ҳәзирдегиси сентябр айының 10-сәнесине шекем даўам етеди. Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курсларының нәўбеттегиси усыннан кейин басланады, иншаАллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: nekeden otiw waqyinda mahxr soraliw shartpa ya shart emespa
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Неке ўақтында мәҳр айтылады. Мәҳр айтылмаса да неке дурыс бола береди. Егер айтылмай қалған болса мәҳри мисл бериледи. Мәҳри мисл – қыз жасап атырған жердеги қызлар ушын берилип атырған мәҳрдиң орташасы. Мәҳр бериўдиң ҳүкми ўәжиб.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum! 1. Tan namazi haqqinda. Quyash shiqqannan son zawal waqti otkenge shekem bomdod namazinin sunnetin de qaza qilip oqilsin delinipti. Sol zawal waqti qashanga deyin? 2. Telegramda bir kuni erisnsheklikten qutqaratugin duwa sorap edi bir adam. Ol adamga usi : Allohumma inniy a'wzu bika minal hammi ual hazani ... duwani jazip jiberip ediniz. Men usi duwani namazda oqiwim mumkinbe? Misal ushin Tashahhud, Salawattan son "Robbana"nin ornina? Jane sol namazda oqilatugin duwalardi qayerden oqiymiz?Juwap ushin aldinnan raxmet. Allah ibadatlarimizdi qabil etkey!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Қуяштың тикке келген ўақты. Яғный, песин намазының ўақты кирместен алдынғы он минут әтирапындағы ўақыт. 2. Намазда салаўаттан кейин дүньялық мәселелер соралмайды. Басқа дуўалар намаздан кейин айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalam alaykum. Jaqinlasip kiyatirgan Qurban Hayit bayraminiz qutli bolsin. 1. Sorawim Kitay kalendari boyinsha esaplap balanin jinisin rejelestiriwge shariyatimizdin hukmi qanday? 2.Hayal adam g'usl alganda shashi mayda o'rilgen bolsa tek tubin suwlap qoysa boladi delingen kitaplarda. Bir dostim eger junub bolgan waqtta shash jiynawli bolgan bolsada sonday qiliwga boladi deydi. Sonday qilsa bolama? Juwaplar ushin raxmet. Alla razi bolsin.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Ҳәмилениң жынысын Аллаҳ тааладан басқа ҳеш ким билмейди. 2. Тек өрилген шашларды шешпестен түбине суў жеткерип қойса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алекум! Сорауим 1.Бизин ауилда канал бар узинлиги шама менен 3 км оннанда узин болиуида мумкин енине 15 метр теренлиги казир 1,5 метр болип калди агис жок оган ауилласлар гилем палас кирлеген кийимлерин жуади мал жанликларин шомилдиради ишек карин тазалайди ийисленипта кетти сорау буни пайдаланиуга болама? 2.Сол канал жанинда баспа кран бар сонин суин ишип отир едик бирак баспа кран жаниндаги уй даруазаси ишинен хауиз казди кранмен араси 5 метр суи турип астина синип баспа кранга отип кетти кран суи ашши боп озгерип кетти енди ол шанаракка калай тусиндирсек болади? Аллах рази болсин сизлерден
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Суўдың дәми яки ийси ямаса реңи өзгерсе пайдаланып болмайды. Бул жағдай диннен узақ болғанның ақыбети. Көпшилик пайдаланатуғын нәрселерди, әсиресе суўды патаслаў жүдә аўыр гүналардан. Тек өзин ойлаў, меннен өтсе болды, деген пикирде болыў мусылман адамның иси емес. Себеби мусылман адам Аллаҳ таалаға исенген адам дегени. Аллаҳ таалаға исенип турып, ақыреттиң бар екенин билип турып, және бундай гүналарға жол қойыў, бул шайтанның изинен ериўдей бир ис. Бундай ислерден сақланыў зәрүр. Басқаларға да ескертиў керек. Билгенлер билмегенлерге сабақ бериўи лазым. Суў – уллы бир неъмат. Бул неъматты ҳәттеки дәрьяның қасында болсақ та қәстерлеўимиз керек. Ағып турған суўға да, ақпай турған суўға да ҳәр қандай шығындыларды төгиў қадаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалам алейкум! Сизге сорауым бар еди : менин бир танысым бир хайел адам менен сойлесип жур еди, тилекке карсы ол хайелдын куйеуи бар, интернет аркалы танысты, телефон аркалы харкуни сойлесип турады 2 хаптеден асты, корген жок бир бирин. Мен буны кате кылып атсан деп оган калай тусиндиреримди билмей атпан маслахат берсениз, оны бул жолдан калай кайтараман хам хайел адамга не деп айтканы макул болады. Алдыннан рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бундай ис қылып жүргенлерди Аллаҳ таала дүньяда да, ақыретте де хор етиўин, шерменде етиўин түсиндириң. Намәҳрам ҳаял менен сөйлесиўдиң өзи үлкен гүналардан, ал күйеўи бар ҳаял менен бундай ислер аса кеткен үлкен гүна.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алейкум құрметлі ұстпзлар менин сұрағым бар еді. Мен Қоңырат қаласында тұраман қазир Қазақстанда едім менің құрбандық беруім қалай болады.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бизлердиң Ҳанафий мәзҳабымызда мүсәпир адамға қурбанлық шалыў ўәжиб емес, ықтыярлы. Биреў арқалы Қурбанлық шалдырыўыңызға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Kiyatirg'an hayt bayrami ba'rshemizge qutli bolsin. Niyet etken duwalarin'iz alla dargayinda qabil bolsin awmin.. Sorawim: hayeli kuyewinin' ruxsatisiz jaqsiliq qiliwg'a misali. Birewge bir zat beriw, aqsha beriw h.t.b. bolama.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятымыз бойынша ҳәр бир адамның өзиниң жеке мал-дүньясы болады. Ҳаял адам күйеўиниң рухсатысыз күйеўи таўып келген нәрселерди басқаларға бериўи дурыс емес. Өзиниң жеке мүлкин өзи қәлегенше тасарруф ете алады. Бирақ шаңарақтың аўыз биршилиги ҳәм күйеўиниң ҳүрмети жүзесинен әлбетте мәсләҳәт пенен ис көрген мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Sorawim: ko'binese abetten keyin uyqlap atirg'animizda jaman tus koremiz,turayin desek tura almaymiz, ko'zlerimizdi ashalmay qalamiz, uliwma qozg'ala almaymiz. Usinday waqitta kalima qaytarsaq bolama. Bul nenin' sebebinen. Juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Уйқылаўдан алдын оқылатуғын дуўалар, аятлар бар, соларды оқып жатың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы