Сораў: Ata babamizdin' palg'a isenbe palsiz jurme degen gapi bar. Siz bul sorawg'a qalay juwap beresiz?. Hazirgi zamanda paldin' orni, darejesi qanday?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мусылманшылықты палға исениўге болмайды. Ким палға исенсе, оны тастыйықласа, ондай адамлар мусылманшылықтан шығып кетеди. Әдетте бундай гәплер мусылманшылықтан узақ адамлар тәрепинен айтылады ҳәм тарқатылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu Alaykum surauim Islam dininde er ballarga kumish juzik tag'u boladi deb oqib edim neshi gram boliui kerik Jane qaysi qolga tag'u kerik jauab ushin raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Еркек адам бир гүмис жүзик тағыўына төмендеги ҳәдис дәлил болады. Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам гүмистен жүзик тақты ҳәм оған «Муҳаммадун Расулуллаҳ» деп нағыс салдырды ҳәм адамларға: «Мен гүмистен жүзик туттым ҳәм оған: «Муҳаммадун Расулуллаҳ» деп нағыс еттим. Ҳеш ким оның нағысына уқсас нағыс салдырмасын», деди». Жүзик иләжы барынша ысыраптан узақ болыўы керек. Яғный артықша аўыр болмаўы керек. Сүннетте бир мисқалдан аспаўы керек екени айтылған. Нәбий алайҳиссалам оң қолының төртинши бармағына гүмис жүзик таққаны рәўият етилген. Бирақ еки қолдың да төртинши бармағына жүзик тақса жайыз екени китапларда айтылған. Жүзик мөр басыў мақсетинде ғана тағылған. Бирақ оған мүтәжлиги түспеген адамлардың жүзик тақпағаны абзал, ал тағыў жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алеикум устазлар. Менин сорауым. Орыс яки кореис (динлериде сол оз динлери)адам олсе оларга биз мусылманлар калаи кеуил аитамыз хам олардын жерлеу маресимине катнасыуга болама. Аза тутылама. Енди мусылман каитыс болса иманын берсин жайы жаннатта болсын деимиз. Енди жокарыда аитылганлар мусылман емес. Бунын тартиби калаи.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мусылман болмаған адам дүньядан өтсе, олардың жақынларына шәриятқа қылап етпейтуғын сөзлер менен кеўил айтыўға болады, сондай-ақ, олардың өзлериниң дининде өткерип атырған жаназа мәресимин де шәриятқа қылап ис қылмаған ҳалда келип турса болады. Буған уламалардың пәтўасы бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алайкум уа рахматуллохи уа баракатух. сорауым тасбехты бармак пенен санауга болама биреулер макрух диди соган кандай хадис ривоятлар бар алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тәсбиҳти бармақта санаў мәкруҳлығы ҳаққында гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алейкум хурметли устазлар Мен уста жорам менен музораба шарти менен шерикпен , ягный мен жорама 10млн пул берип койганман ол озине керек ускене затларын алып онлайды акшаны кайтарып бериу муддет белгиленбеген ал мен уста емеспен бирак жорам маган айына 400мын акша берип турады келисиумиз солай болган Бул исимиз туурыма? Музораба шарти туурыма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ортадағы пайда пайыз есабы менен есапланыўы керек. Яғный, түскен пайданың пәлен пайызы саған, пәлени маған, көринисинде. Себеби, егер пайыз есабына келисилмесе, пайда түспей қалған ўақытлары, екинши тәреп өзине зыян етип сизге бул сумманы төлеўине туўры келип қалады. Егер түсетуғын сумма пәлен сомнан көп болыўы анық болса, сол суммаға келиссе жайыз болады, деген гәп те бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Устазлар Алла разы болсын. Биринши сорауым 1. Жаннатка турыдан туры баратын адамлардын саны шекленген екен сол хадисти толык етип айтып отсениз. 2. Егер еркек адам анасы менен намаз окыса, сол еки адам жамаат болып еапланама? Хаял адам кай жерде турады? Артындама я болмаса он капталында ма? 3. Мен жалгыз озим намаз окиман, уйде меннен баска хешким окымайды сонда мен жамаатпен окымаганым ушын гунахар боламанба?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Он саҳабаның жәннетий екени хошхабары берилген: 1. Әбиў Бәкир Сыддық, 2. Умар ибн Хаттаб, 3. Усман ибн Аффан, 4. Әлий ибн Әбиў Талиб, 5. Талҳа ибн Убайдуллаҳ, 6. Абдурраҳман ибн Аўф, 7. Зубайр ибн Аўўам, 8. Әбиў Убайда ибн Жарраҳ, 9. Саъад ибн Әбиў Ўаққас, 10. Саъд ибн Зайд. 2. Екинши сапта, оң жағында. 3. Бес ўақыт намазды үйде жалғыз оқыўға да болады. Жәмәәт пенен оқыўда көп саўап бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалауму алейкум. Сорауларым бар еди 1 бурын бизлер мектепте окыган уакытлары араб тили отилетугын еди. Мустакыллыктын баслары еди. Хазирде усы усынысты билимлендириу министирлигине усынса болама. 2. Мешитте болама я баска жердеме хаял кызларга намаз кагыйдаларын тууры анык түсиндире алатуғын апаларымыз болама? Мысалы хайз уакты тууры дарет алыу х т.б. Булардын бари китапта бар бирак билетугын адамнан уйренген жаксы. 3. Ташкент каласында Куран китаплар жакында баспадан шыгып еди. Нокискеде сатыуга жиберилдиме егер жиберилген болса кай жерден алсак болады?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Өзбекстан Республикасының айырым аймақларында шет тили сыпатында сабақлыққа араб тили киргизилген. 2. Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының ҳаял-қызлар бөлими бар, соған хабарласыўыңызға болады. 3. Баспадан шыққан Қуран китаплары бир-еки күнниң ишинде сатылып кетилди. Ҳилал баспаның аймақлардағы китапханаларына жиберилди, Нөкисте оның китапханасы ашылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Сорауым соннан ибарат. Мен де жас уактымнан хронический ринитим бар еди. намаз уақытында мурнымнан сұйықлық бөлініп шығады. Бұндай жағдайда тахаратым бұзыла ма? Намазым бузыла ма? егер бузылмаса намазды қалай дауам еттиремен? Және тахарат алыуым керек па? Жуап ушин рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мурыннан ағатуғын суйықлық әдеттегидей мурынның суўы болатуғын болса, таҳәрат бузылмайды, намаз да бузылмайды. Ириңге уқсас суйықлық ямаса қан аралас суйықлық даўамый ағатуғын болса, ҳәр намазға бир таҳәрат аласыз ҳәм сол таҳәратыңыз бенен сол намаз ўақтында қәлегенше намаз оқысаңыз болады. Бирақ бунда намаз ўақты таўсылыўы менен таҳәратыңыз сынған есапланады. Егер намаз ўақтында ийилиўиңиз сизге зыян болатуғын болса, мысалы сәжде қылғанда қан басымыңыз көтерилип кететуғын ямаса соған уқсас басқа зыяны бар болса, онда има-ишара менен намаз оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum. Juma qutbasin oqig'an adam imamliqqa otiwi farz amelma yamasa wajib amelma? Juwap ushin aldinnan raxmet. Alla iliminizdi ziyada qilsin.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Алдыңғы уламаларымыздың әдети.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум уа рахматуллаху уа баракатух. Махдум хазирет. 1. Бир намазга тахарат алып сол намазды окысак сол тахаратымыз бузылмаса кейинги намаздың уакты кирсе кайта тахарат алыу керекпе яки алмасак та болама? 2. Жумыста бир адамның исин ислеп бергеним ушын маган акша береди мен бул не кылганын кой керек емес десемде қойып кетеди мен оны озим ушын ислетпеймен бырак хар куни песин намазымды мешитке окыу ушын барганымда сол акшаны маган берген адамның атынан садақа деп ящикке салып кетемен менин исим кате болып атырган жокпа соны айтсаңыз.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Бир таҳәрат пенен қәлегенше намаз оқыса болады. Үзрли емес адамларда кейинги намаз ўақтының кириўи таҳәратты сындырмайды. Сол таҳәрат пенен кейинги ўақыттың намаз да оқыўға болады. 2. Шәриятқа қылап ис болмаса, ол пул ҳадал болады. Бираўдиң атынан садақа етиўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаум алейкум устазлар. 1. Бийгана кыз менен телефонда сойлесу зина кирема, зинага киретин болса хукими кандай ? 2. Менин группамнын 75% кызлар, 25% ер балалар, бизлер сабакка барганда калай болады коздимизди калай сакласак болады, яки сондай жагдайда кызларга шахуатсыз карау харам ба яки макрух па ?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Уламаларымыз зинаның бир неше түрлери бар екенин айтқан. Ҳеш бир мүтәжликсиз, қыз балалар менен сөйлесиў дурыс емес. Бийгана бир қыз бенен сөйлесип атырғанда, өзимиздиң қарындасымызды да ойлайық. Өйткени сиз сөйлесип атырған қыз да биреўдиң я қарындасы, я қызы, я анасы, я әжапасы, яки яры болады. Соның ушын ҳеш ўақытта намәҳрам ҳаял-қызларға басқа мақсетлер менен сөйлеў дурыс болмайды. 2. Тақўаны беккем тутыў керек. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Ким тақўа қылса, Аллаҳ таала оның ушын (ҳәр қандай жағдайдан) шығыў жолын ашып қояды», деген. Оқыўға киргендеги тийкарғы мақсеттен аўыспаў керек. Оқыўдан мақсет қайсы бир кәсиптиң маман қәнигеси болып жетисиў, келешекте халық ийгилиги жолында аянбай жумыс ислеў. Үйлениў ямаса турмысқа шығыў емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Сизлерге сорауларым бар еди, сорауларыма жууап алалсам улкен жардем берген боласыз. Сорау: Tагдир деген бар нарсеме я хамме нарсе инсаннын озинин колындама? Ягный халкымызда 2 гап бар: 1-тагдирден кашып кутылып болмайды 2- тагдирин оз колында. Бунын кайсысы дурыс. Мысалы биреулер ози калеген жумыска, окыуга киралмайды я бирде ози калеген кызга жетисе алмайды сонда булар манлайына жазбаганыма, бул тагдирме? Ямаса ози жетерлише харекет етпегениме, егер харекет еткенде жетисермеди? Жууап ушын алдыннан Рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте ҳәр бир ис Аллаҳ тааланың белгилеген тәғдирине көре болады. Тәғдир бендениң қолында деген гәп дурыс емес. Бирақ бул гәп – жумыс ислемей жата берсек те ямаса ҳәрекет етпесек те болады, деген гәпке алып бармайды. Тәғдир Аллаҳ тааланың белгилегенине көре болады, дегени бул – Аллаҳ тааланың алымлық сыпатына қайтады. Яғный, Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени билиўши, адамлар келешекте не ислейди, қандай болады, ким мусылман болады ҳтб. соған көре адамлардың тәғдирин Аллаҳ таала алдыннан белгилеген. Ата-бабаларымыз басына қайғылы бир ис түскенде тәғдир усындай екен, деп тез жеңип өткен. Ал ҳәзирги айырым ериншеклер тәғдир усындай екен, деп жумыс ислемей отырыўға шекем барады. Аллаҳ таала бенделерине ҳәмме нәрсе тәғдирге көре болыўына исениўге буйырған. Соның менен бирге ҳадал мийнет етип ҳадал жасаўға буйырған, ериншекликтен қайтарған. Жақсы күнлер де, жаман күнлер де Аллаҳ тааланың тәғдирине көре болыўын уқтырған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Asslawma aleykum agalar. menin bir sorawim bar. jaqinda namaz oqip atirgan adam qalayinsha qaldirgan namzin oqiydi ham qanday niyet etip neshe rakat namaz oqiydi. 5 waq namazi qalay qaza qilip oqiydi. ne dep niyet qiladi juwap ushun raxmet aldinan.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Оқымаған намазларының парызларын қаза етип оқыйды. Таң намазын оқый алмаған болса, сол күни заўал ўақытқа шекем сол күнги өтип кеткен таң намазының сүннетин де қаза етип оқыйды. Егер заўалға шекем оқый алмаса, онда тек парызын ғана қаза етеди. Мысалы песин намазын оқымаған болса, онда, Песин намазының төрт рәкәәт парызының қазасын оқыўды нийет еттим, жүзимди қублаға қараттым, холисол лилләәли Аллооҳу әкбәр, деп нийет етип қулақ қағылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleiykum ustazlar tasbexti sanaganda barmaq penen paydalaniw haqinda ne diysiz. Juwap ushin raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бармақ пенен санаса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алекум. сизге ер хам хаял ортасындагы катнас хаккында бир сорауым бар еди. Куйеу қажетин шыгару ушын хайелин катнаска шакырганда не ислеп атырганынан каттийназер бару керек, делинди жокарыда. сорауым куйеу хайелине кандай жол менен катнас куруды айтсада бас тартпауы керекпе я гунахар болатын катнасларда барма
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ерли-зайыптың жақынлық етиўинде Аллаҳ таала белгилеп қойған шегаралар бар. Ер де, ҳаял да сол шегараларды билиўи, оннан ҳеш ўақытта шықпаўы шәрт. Ҳаял адамды ҳайыз ҳәм нифас ўақтында ер адам жақынлық етиўге мәжбүрлей алмайды. Сондай-ақ, ҳаял адам кесел ўақытларында да, жақынлық етсе зыян болатуғын ўақытта да ер адам жақынлық етиўи мүмкин емес. Жақын етиў тек өз орнына болыўы тийис. Оннан басқа орынларға жақынлық етиў Аллаҳ тааланың нәлети түсиўине алып келеди, жүзи қара болып, дин-диянаттан узақласыўына себеп болады. Ҳаял адам ҳеш ўақытта өз орнынан басқа орынға жақын етиўине разы болмаўы керек. Сондай-ақ, ҳаяллар ҳеш бир зыян жоқ ҳалларда күйеўлериниң қәлеўин қайтарыўы дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Quwashta isigan suwdan nege paydalanwga bolmaydi ne sebepten toliq juwap beriniz makruwxba
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәдиси шәрийфте қайтарылған. Қуяш нуры туўрыдан-туўры түсиўи нәтийжесинде ысыған суўлардан пайдаланылғанда адамға зыян болыўы мүмкин екен. Үсти жаўық ыдысларда Қуяш нуры түсиўи менен ысыған суўлардан пайдаланса болады
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Менин сорауым бар еди Тагдир деген бар нарсеме я хамме нарсе адамнын озине байланыслыма
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мусылман адам Аллаҳ тааланың белгилеген тәғдири бар екенине исениўи парыз болады. Бул ҳаққында пазыйлет.уз сайтында толығырақ мақала берилген. Мақалаға мына силтеме арқалы өтсеңиз болады: http://paziylet.uz/index.php?r=site%2Fmagliwmat&id=226
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алейкум. Солауатун нария йакы солатун нария ол не озы ол хаккында толык кылып маглыумат берсеныз. Алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул – Пайғамбарымыз алайҳиссаламға айтылатуғын салаўатлардан бири. Әлбетте, салаўатты көп айтыў бул – көп саўап алып келетуғын, қәлбти пәклейтуғын ислерден. Бул салаўатты пәлен мәрте айтылса, пәлендей нәрсе болады, делинген гәплер тәжирийбе арқалы айтылған. Буның ҳүкми бойынша ҳеш бир гәп айтылмаған. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға салаўат айтыўдың ҳеш бир зыяны жоқ, тек ғана пайдалы ислерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алейкум устаз Аллах разы болсын ислеп атырган исинизге. киеуи телефон аркалы талак берди енди жасауга болмайды ма? ортада кыз бар. Алла истеринизди женил етсин
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Талақ сөзи ислетилгенде, ерли-зайыблардың арасына бир ражъий талақ түседи. Ражъий талақта ҳаялдың иддасы шықпастан турып неке оқытпастан қайтарып алса болады. Үш мәрте талақ етиў имканияты бар. Биринши ҳәм екинши талақлардан кейин некени қайта тиклесе болады. Ҳәзирги сизиң ҳалыңызда бир ражъий талақ түскен. Идданың ишинде қайта қосылсаңыз болады. Идданың ўақты өтип кеткен болса, қайта неке оқытыўыңыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устаз, сиздерге АЛЛА разы болсын! Сорауым мен мойнак районында тураман нукуске келип кетип журемен, кейде еки кун кейде бир апте боламан. Енди сорауым ол калай болады сапар намазы кылып окимыз ба алде кунделикти окып журе беремизбе? Аралыктагы келометир калай болады ягни неше келометирден кейн сапар намазына киреди? Жуап ушын рахмет!!!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бизлердиң Ҳанафий мәзҳабымызда сапар қашықлығы 96 км. Усындай қашықлыққа өзиниң турар жеринен сапар нийети менен 15 күннен аз турыўды қасд етип шықса, намазларын қаср етип оқыйды. Сиз Мойнақ қаласынан Нөкиске 1-14 күн тураман деп нийет етип шықсаңыз, онда төрт рәкәәтлы намазларыңызды еки рәкәәт етип оқыўыңыз керек. Бирақ 15 күн ямаса оннан көп турмақшы болсаңыз онда толық оқый бересиз. Жолға шыққаннан баслап мүсәпир ҳүкиминде боласыз, яғный өзиңиз турған қаланың ең кейинги үйинен өткеннен кейин сапар басланады. Жолда да мүсәпир ҳүкиминде боласыз. Мүсәпир ўақтыңызда жәмәәт болып намаз оқығаныңызда, имамға иқтида етесиз, ол муқийм болып төрт рәкәәт оқыса, сиз де оған уйып төрт рәкәәт оқыўыңыз керек. Жалғыз оқығаныңызда төрт рәкәәтлы намазларды еки рәкәәт етип оқыўыңыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы