Сораў: Уйинде күй еуин арак ишсе менин окыган намазым кабыл болмаима
Жуўап: Намаз ҳәр бир адамға жеке тәриздеги парыз. Басқалардың қылып атырған әмели намаздың қабыл болмаўына тосқынлық емес. Ҳәр қандай адамның да намазының қабыл болыўы яки қабыл болмаўы Аллаҳға байланыслы ис. Биз мөмин-мусылманлардан намаз бойынша талап етилетуғын нәрсе, парыз-ўәжиблерин орнына қойып намазды илажы барынша кәмил етип оқыўға ҳәрекет етиў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum.. juwaplariniz ushin raxmet .men kopshilikte bilemen kelin tusirilgende kop adamlar neke oqitpaydi...Bilmeydi ya bile tura buni qilmaydi...jaslar bile tura jasi ulkenlerge qoyip berse...al jasi ulkenler buni islemese.....durisin aytiw kerek buni ulkenlerge aytiw qolaysiz...usinin durisligin adamlarga tusindirip ya buni talap qilip aytip bolsada usini jolga qoyiwga...pikiriniz qanday....
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Билиўимше ақырғы жыллары шәръий неке оқытыўдың лазым екенин көпшилик түсинип жетти ҳәм оны өз ўақтында оқытып атыр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: assalawma alikum ustazlar joqarida bir dostimiz suwret it bar uyge perishte kirmiyma dep sorapti ham siz bolmaydi suwret asiwga depsiz menin sorawim menin ata anam namaz oqimaydi, men oqiyman, olar qarsda emes, meni jaqsi biledi, biraq bizdin uyde suwret kop atamnin akemnin ozimnin suwretlerim, men olarga qalay tusindiremen, kewlilerine kelip qaliwnan qorqman akemnin, biraq uyime perishte kiriwin bereket beriwin qatti qaleymen jane uyimde iytler bar oni ne qilamiz sonda iltimas tuwri jol korsetseniz
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пайғамбарымыз алайҳиссаламның ақлығы Ҳасан разыяллаҳу анҳу бир күни бир ғаррының қәте таҳәрат алып атырғанын көрди. Ол ғаррыға қәтесин айтайын десе, оның жасы үлкен, айтпайын десе, қәте ислеп атырған адамды солайынша таслап кетиўге ҳүжданы жол қоймайды. Сонда Ҳасан разыяллаҳу анҳу, қыяметке шекем ҳәммеге өрнек болатуғын бир исти қылды. Ол ғаррыға: ата, мен таҳәратты дурыс алып атырман ба?, бир тексерип бериң, деп оның алдында таҳәрат алады. Ғарры Ҳасан разыяллаҳу анҳудың таҳәрат алғанын көрип, негизинде өзи қәте таҳәрат алып жүргенин түсинеди. Бизлер де, Ҳасан разыяллаҳу анҳуға уқсап, жасы үлкенлердиң кеўлине тиймейтуғын етип, оларға туўры гәпти түсиндириўимиз керек. Өйткени ҳақыйқый мусылман адам – басқаларға тили менен де, қолы менен де азар бермейтуғын адам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Тойларда Бет ашарда сəлем бериледи еңкейип сол дурыспа? Ал мусылманлар Аллах,тан басқа нəрсеге ийилмеу, сəждеге бармау керек дейди.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тойлардағы бет ашарларда, сондай-ақ, келин сәлем дәстүрлеринде ийилип сәлем бериў бар. Булардағы ийилиў намаздағы руку дәрежесинде болмаўы керек. Сондай-ақ, рукудағы Аллаҳға болған ийилиў нийетинде басқаларға ийилиўге болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Басқа еллердеги мешит-медреселер менен қандай байланыслар жолға қойылған? Нөкистеги мешитимизге қай елдиң атақлы уламалары нийетленип кележақ? Тəжрийбе алмасыу барма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Өзбекстан көлеминде айтатуғын болсақ, Өзбекстан мусылманлары басқармасы дүньяның жүдә көплеген еллериниң мусылманлары менен жақыннан басланыста. Өзбекстан Республикасынан жүдә көплеген талабалар Мысыр Араб Республикасының Қаҳира қаласында жайласқан «Әл Әзҳар» университетинде тәлим алған, ҳәзирде де тәлим алмақта. Сондай-ақ, көплеген журтларға Рамазан айында хатмы Қуранлар етиўи ушын Өзбекстаннан көплеген қарыйлар сапарда болып, дүнья мусылманларының хызметинде болып қайтады. Бизлер де өзлеримиздиң диний саўатханлығымызды жәҳән дәрежесине жеткериўимиз керек. Президентимиз Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласына келгенде айтқан гәплери жүдә орынлы болған еди. Ол киси өз сөзинде диний илимди үйрениўде артта қалғанымызды айтқан еди. Көбирек ҳәрекет етиўимиз, балаларымыздан келешекте Әл Бухарыйлар, Әл Берунийлар, Әл Кардарийлар, Нақшбандийлар жетисип шығыўына себепши болыўымыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ! Quran kitapti qay jerden satip alsam boladi. Nukuste turaman
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Нөкис қаласында жайласқан орайлық мешити жанында диний китаплар сатылатуғын китап дүканы бар, сондай-ақ, орайлық базардың ишинде де диний китаплар сатылатуғын китап дүканы бар. Сол жерлерден Қураны кәриймди тапсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алекум коп рахмет жуапларынызга Алла сизден разы болгай Ата. сорауым: асханада усти ашык казан табак калса устинен Шайтан журип отеди деген, кишкантай бопени айнага каратпа деген, сипсени тикейтип койма деген, булар динде мұсылманшылық та бар гаплерме, я ырымба, Ырым кылган дурыспа, Ырымга Динимиз калай карайды, кейин Хадийс китапларди кайдан алсак болады, жуабыныз ушын рахмет, Алланың нуры жаусын
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Биринши орында ырым менен сүннет әмелдиң арасын ажыратып алыў керек. Сүннет әмеллер бул Пайғамбарымыз алайҳиссалам ислеген ҳәм ислеўге буйырған әмеллери. Ырымлар қайсы бир дәўирде пайда болған тийкарсыз ислер. Сораўда айтылған қазан табақлардың үстин жаўып қойыў бул сүннет әмеллердиң бири, буны пайғамбарымыз алайҳисслам буйырған, өйткени ашық қалған ыдысларға ҳәр түрли нәрселердиң түсиўи ҳеш кимге сыр емес. Ал енди тийкары жоқ, неге исленип атырғанының себеби де жоқ ислерди қылыўдың да кереги жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum. Hurmetli paziylet.uz g'ayratgerleri iygilikli islerinizden Alla razi bolsin. Menin sorawim irisqi-nesiybe haqinda edi. Geyde do'geregimizdegi adamlarga Alla buyirgan ibadatlardi qil dep aytsaq, waqt joq, tirishilik, jas gezde dunya jiynap alayin qartayganda oqirmiz deydi. Geyde jasi 60 dan otgen bolsada ballarimdi uyli jayli qilip alayin, uyimnin kemisin toldirayin dep dunyanin izinen quwip jurgen jas ulkenlerimizdida koremiz. Bilmedim oni qay jerge arqalap ketedi eken. Bendenin irisqi nesiybesi Alla tarepinen berilmeydima? Adam min' hareket qilsada o'zine jazilgan nesiybeni almayma? Jane bir sorawim bende hadal yaki hadal emes jol menen tawsada birdey irisqi aladima? Ken'lew, xalqqa tusinikli sadalaw qilip juwap berseniz iltimas. Alla razi bolsin
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте ырысқыны Аллаҳ таала береди. Бирақ буны қәте түсинбеў керек. Яғный жумыс ислемей жата берсек те болады екен ғо, деп ойлаў дурыс емес. Аллаҳ таала бенделерине ҳәрекет етип ҳадал ырысқы талап етиўге буйырған. Соның менен бирге тапқан мал-дүнья да, ырысқы да Аллаҳ таала тәрепинен екенин уқтырған. Бул ҳаққында кең түрде мақалада айтып өтемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума Алеикум. Сорау:Хаел адам намазында азан хам такбир икамет айтадыма.Жуап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Азан ҳәм иқомат ҳаял-қызлар өзлери намаз оқығанда айтылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamaleykum ustaz. istep atqan qayirli islerinizge Alla sauaptan jazsin. suragim dua haqinda .duani arabshasin aytpayaq soni ozimizdin tilde aytsaq bolama,sebebi arabsha aytqanda duris oqiyman dep ne surap atqanimzga ibabarsiz bolip dua tileklerim jurekten shiqpay qalip atir, jauabiniz ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аят ҳәм ҳәдислерде келген дуўаларды айтқан мақул. Сондай-ақ, ҳәр ким өз тилинде қәлбтен өткерген нәрселерин сораўы дурыс.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаляму алейкум.1. Менин тусимде коргеним бул омирдеда тура келеди, бырак мен буны ескертуге корхаман себеби Алладан баска хешким алдымыста не болатугинин билмейди деген ой хеш тарк етпейди. Сорау: мен капир емеспенба? 2. Намахрам хаелге карау , хадден тискары ойлау , онин денесине дененди тигизу гуна болады, бырак улкен жастагы кемпир апаларга кол алып салемлесуге болама? 3. Тунги ибадат ( намаз) хаккында толык маглумат берсеныз?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Көп ҳалларда бундай болыўы ўасўаса тийкарында болады. Бундай ойларды тәрк етиўиңиз керек. 2. Намәҳрам ҳаялларға қараў, ойлаў булар зинаның бир көриниси. 3. Түнги ибадат таҳажжуд, деп аталады. Бунда еки ямаса төрт рәкәәттан нәпил намазлар оқылады. Аллаҳ таалаға дуўалар қылынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Сизге сорауим бес уакит намаз окимасагам жума намазга барип журсек боладима хам ол жерде не окиймис сурелерди айтасак болама кайси сурени айтсак болади жуап ушин рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Улыўма намаз оқымағаннан ең қурмағанда Жума намазға келип жүрген мақул. Нөкис қаласында Жума намаздан алдын саат 1:00 де диний темаларда марузалар болады. Саат 1:30 да азан айтылып, дәслеп төрт рәкәәт сүннет намаз оқылады, кейин жәмәәт болып 2 рәкәәт парыз намаз оқылады, соң және төрт рәкәәт сүннет намаз оқылады, кейин аят тиләўат етилип, дуўалар қылынады. Жума намаздан алдын я кейин қалып ямаса басқа ўақытларда, Аллаҳ таалаға дуўалар қылып, ел-халықтың парахатшылығын, шаңарағымыздың аўызбиршилигин, оннан басқа да кеўилге түйип қойған дуўаларды сорасақ болады. Жума намазға барған адам өзинде руўхый бир жеңилликти сезеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Хайырлы тан. Сорауым 1. Намаз кестесинде тан намазынын окылыу уакыты хам екинши куяштын шыгыу уакыты корсетилген. Сол уакытка шекем тан намазын окып болыуымыз керек. Енди тан намазы каза болып калса сол корсетилген куяш уактынан канша уакыт откен сон казасын окыса болады. Мысалы саат 7 я 8 дин уактында казасын окысак болама? 2. Хазир хаж зияратына таярлык корилип атыр. Коплеген апаларымыз хаж зияратын кылып келип атыр. Мысалы хаял адам озинин махремисиз узак сапарга шыгыуга болмайды делинген. Сонда хаж сапарына калай барады. Я озинин еринен талак алып баска хаж сапарына баратугын намахрем бир еркеккее некеленип барады дегени распа? Жууапларыныз ушын алдыннан рахмнт. Ислеринизге рауаж. Сизлерге Алланын нуры жаусын
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Қуяш шығып баслағаннан таң намазы қаза қалады. Қуяш толық шығып болғаннан кейин сол таң намаздың қазасын оқыўға болады. 2. Жасы үлкен апаларға улыўмалық тәризде сол журттың ҳажылар менен барыўына Саудия патшалығы рухсат берген. Басқаға некеленеди деген гәп жоқ, дурыс та болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устазлар. 1. Егер бир бала бир намахрам кызга мен сенин куйеуинмен десе ол кызда ауа сондай десе неке тусип (кыйлып) кетуи мумкинбе касында гуалар жок болса да ? 2. Адамлармен араласып отырган уакытта бир бала хазиллесип мен мына кызга уйлендим десе,сол ауа турмыска шыктым десе неке тусуи ( кыйылуы ) мумкин дейди сол каншели рас ? 3. Совет уактында моллалар болмаганнан кейин тек ЗАГС тен отип койган адамлардын некеси туры болады дейди динтанушылар себеби ол жердеда биринши болып кыздан разылыгы соралады екинши баладан соралады олардында касында еки гуа болады дейди, солай етип некенин парызлары орынланады ал моллалардын окитын заты суннет дейди сол каншелли рас ? 4. Некенин парызлары кандай ? Илтимас кенинен тусиндирип берсениз
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Биринши ҳәм екинши сораўдағы жағдайда неке түспейди. Үшинши сораўда, некениң шәртлери орынланған болса, түсиўи мүмкин. Некеде ийжаб ҳәм қабыл шәрт. Ийжаб бул екеўиниң бири екиншини некени усыныс етиўи, әдетте ер адам тәрепинен айтылады. Мысалы: маған ҳаял болыўға разысыз ба?, көринисинде, буған жуўап бериў қабыл, деп аталады. Оған жуўап өткен мәҳәлде болыўы керек. Мысалы: разы болдым, көринисинде. Неке ўақтында кеминде еки ер адам ямаса бир ер ҳәм еки ҳаял адам гүўа болыўы шәрт. Болмаса неке дурыс есапланбайды. Сондай-ақ, мәҳр де аталыўы керек. Ҳәзирги дәўирде неке үшинши адам тәрепинен, яғный имам хатиблер тәрепинен оқылыўы әдет түсине кирген. Бунда имам еки тәрептен де разылығын сорайды. Некелениўши ер адамның мусылман болыўы шәрт, мусылман қыз бала басқа диндеги ер адамларға турмысқа шыға алмайды, бунда некеси түспейди. Мусылман жигит мусылман ҳаял-қызларды некесине алады, сондай-ақ, әҳли китаптан болғанларға да үйлениўи мүмкин. Әҳли китаплар булар – насраный ҳәм яҳудийлер. Ҳеш бир динге исенбейтуғынлар ҳәм әҳли китаптан басқа динлерге исениўшилерден болған ҳаял-қызларды мусылман жигит некесине алалмайды. Олар арасында неке түспейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум, хурметли имам домлалар бул сорау мени хам копшиликти кызыктырады деп ойлайман. Сорау адам олгенен (кайтыс) кейин руухы кайжерде болады кабирде адам денесинде ме яки тири адамлар арасында жинлер уксап арамыздама. Усы сорауга жууап болмаганлыгы себебли, коп "палшы" хам "тауплер" менинг ата бабам руухы емлеп атыр яки ата бабам руухы айтып атыр деп апиуайы адамларды шалкытып атыр, сол аркалы пул ислемекте. Билиумше руухлар кай жерде болыу гайб илиминен, бирак хадислерге тийикарланып толык маглыумат берсениз максетге мууапык болар еди. Алдынын рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Руўхлар ҳаққындағы илим ғайып илимлеринен болып, оны Аллаҳ тааладан басқа ҳеш ким билмейди. Аяты кәриймаларда ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде айырым мағлыўматлар берилген. Мысалы, адамның жаны шыққанынан кейин қәбирде сораў жуўап болыўы, ол адамның жақсы ямаса жаман адам екенлигине қарап қәбири кең ямаса тар болыўы айтылған. Сондай-ақ, изинде қалғанлардың жақсы ислерине қуўаныўы, жаман ислеринен қапа болыўы айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Бир апаның атынан сорау бермекшимен. Екинши тұрмысым. Турмыста он бес жылдан берли. Еки перзентимиз бар. Күйеуим тынбай арақ ише береди. Шаръий никахтан отпедик. ЗАГСтан оттик, бирак ол жерде разылық соралмайды, тек қағазға кол қойдырады. Әкелик хам күйеулик уазыйпаларынан ұзақласып кетти. Алхамдулиллах, Мен хам улкен балам намаз окыймыз. Маган маслахат берсениз. Алдыннан Рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәръий неке оқытылмаған болса, онда шәрият бойынша ерли-зайып есапланбайсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum hurmetli ustazlar! Sizlerge bir qansha sorawim bar edi; 1- patiya etkende yamasa bir jerge barğanda quran( sureler ) oqiymiz. Sonda misali fatiha suresin oqip bolip ixlas suresin jalğastirsaq yamasa ixlas suresin 2 yaki 3 marte bir birine jalğastirip oqisaq har oqiğanda bismilla...ni qosip oqiymizba yaki kul hu allahu dep oqip keteberemizbe 2- "alip" degenimiz ne. Ol qollanğanda oqiliwi qalay boladi. 3- biziñ xalqimizda adet bar. Patiya islegende stol ustinde pishaq turmaw kerek bolmasa qabil bolmaydi degen. Bul adet qansheli duris 4 - barimiz bilemiz xalqimiz sozligide "qiyyamet" degen soz juredi. Zor degen maniste. Bir jasi ulken adamlar ol sozdi qiyamet qayin, aqir zaman boladi degen manini bildiredi. Usi sorawğa pikiriñiz qanday. Juwaplar ushin aldinnan űlken raxmet!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Сүрелердиң басында Бисмилләҳ оқылады. 2. Бул сораўыңызға түсинбедик. 3. Тийкарсыз гәп. 4. Екеўи еки түрли мәниде.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum. Sorawim bar edi juwap algim kelip jurgen. Juma namazinda jamaat qiyamda turganda Fatixa suresinen keyin amin dep sirtlay aytiladima yamasa ishten aytiliw kerekpa.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. «Әмийн» иштен айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum hurmetli ustazlar! sizge sorawim; miywe terekleri sabilsa, yağniy bir miywe terktiñ shaqasi ekinshi miywe terekke jalģastirsa guna ma? Juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Яқ, гүна емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алейкум... сорауым бар еди. Егер кыйын болмаса айтып жуабын билдиртсениз Алла разылыгы ушын. Ханафи масхабында жума куни имам киямда турганда ,фатиха суресинен кейин жамаат ягны артында турган кисилер амин деп иштен айтыуы шартпе я болмаса сырттан ягный дауыс шыгарып айтыуы шартпе? мен сыртан айтыуга болмайды деп еситтим. Кайсы дурыс болса мусылман бауырларымызга ескертип айтса жаксы бодатын еди Имам агамыз.Алла разы болсын рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бизлердиң Ҳанафий мәзҳабы бойынша «Әмийн» иштен айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы