Сораў: Assalawma aleykum. Ul bala 5 jasqa tolganda sunnet ( xaliq tili menen aytqanda) etiledi. Usi haqqinda toliq magliwmat berseniz, toliq 5 jasqa toliwi kerekpa? Juwap ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бизлерде сүннет әмел деп аталатуғын бул ис, шәрият тилинде хатна, деп аталады. Туўылған баланың жағдайына қарап жети күнликтен баслап хатна етиле береди. Пәлен жасқа толыўы керек, деген гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума Алейкум хурметли устазлар. Бул ийгиликли ислеринизден Алла разы болсын. Сорауым: Медреседе оқыған достымнан еситиуимше косык еситиуге,косыкка ойнауга болмайды дейді соны тусиндирип берсеңіз илтимас. Ассаламу алайкум ва роҳматуллоҳи ва барокатуҳ
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Адамларды бузықлыққа шақырыўшы қосықлар мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устазлар. Мен уйкы алдынан каримат шахадат айтып сурелерди окып жатаман. Негедур бастырылып кала беремен. Бунын себеби шариятта барма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Туўры оқылыўына итибар бериң. Әдетте, аят ал курсий, фатиҳа, ихлас, муаўўизатайн сүрелери оқылып жатылса, бундай жағдай болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум мухтарам устазлар Дийнимизде калын мал, сут хакы, сеп бериу деген нарселер барма? Махр дегени не?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мәҳр бул – неке мүнәсибети менен күйеў баланың келинге беретуғын саўғасы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума галейкум курметти имамдар мал жандарын аман ба. Осы менин бир сурагым бар ед. Жамагатпен окылган намаз жалгыз окылгандарынан неше есе звят. Ия жауапиарын ушин ракымет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәдиси шәрийфлерде жигирма жети есе зыят, деп айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: 1.Shialardin etiqadi duris pa.? 2.Mutaziliya bolip turip hanafiy boliui mumkin be? 3. Shialardin meshitinde namaz okuga bolama? 4. Shialardi kafir deuge bolama? 5. Arab tili jannat tili, hind tili jahannam tili degen ibara duris pa? 6. Shariyatta sharm joq degendi qalay tusinemiz?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Шиалардың көп итиқадлары қәте. 2. Мүмкин емес. Ҳәзирде мутазилийлер қалмаған. 3. Жер жүзиниң қәлеген жеринде намаз оқыўға болады. Намаз оқыў талабына жуўап берсе болды. 4. Шиалар күпир исин ислеп жүрсе де, әдетте әҳли қубла, деп аталады. 5. Бул ҳаққында саҳиҳ болмаған бир неше рәўиятлар бар. Айырым уламалар бул гәпке исенбеў керек, деген, басқа уламалар бул гәп айтылған, тастыйықламаған да, инкар да етпеген. 6. Бул сораўда бир-еки күн алдын жуўап берилди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Ажағам намаз оқыуыма қарсы. ажагамнын рухсатынсыз намаз оқыуыма болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бес ўақыт намаз бул – ҳәр бир адамның жеке өзине парыз есапланады. Оның ушын басқалардың рухсаты керек емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum hurmetli ustaz! Sizge sorawim; eger bizler namaz oqisaq ayelimiz, ajapa-qarindasimiz, qizimiz bizge amanat bolğan ayel-qizlar awretin jawmay jurse. Awretin jawmağanda qalay tobiqqa diyin emes dizeni jawatin koylek, yupki kiyse, oramal taqsada shashi korinse, tar emes yağniy keñlew zat kiysede biraq qağiydağa muwapiq awret toliq jawilmasa bizler dayus qatarina kirip qalamizba. Esitiwimshe dayusler jannetke kirmeydi delingen. Usi soraw meni kop waqittan berli qiynaydi. Iltimas usi sorawima toliq juwap berseñiz. Aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Даюс бул – ҳаялын басқа еркеклерден қызғанбайтуғын еркеклерге ислетилетуғын сөз. Ҳақыйқатта ҳаял-қызлар намәҳрамға әўрет жерлерин көрсетпей, салдамлы жүриўи керек. Бирақ өз үйинде маҳрамлары алдында биймәлел әдеттегидей жүриўи мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Alla sizden razi bolsin! Sizge sorawim bar edi. Esitiwimshe kimde kimniñ uyinde asilğan suwret ham iyt bolsa sol uyge perishte kirmeydi eken. Nabi s.a.w. aytqan diydi eger iytler allaniñ jaratqan janzati bolmağanda jerde qaldirmas edim dep. (eger usi aytqanim qate bosa keshirim sorayman). Jane hadiste aytiliwinsha 3 turdegi iytti bağiwğa boladi diydi. Bular; añshi iyt, qoriqshi iyt ham shopan iyt. Usilar haqqinda mağluwmat berseñiz
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәдиси шәрийфте, сүўрет асылған үйге ҳәм ийт бар үйге периште кирмейди, делинген. Периштениң үйге кириўи я кирмеўи ғайып ислеринен, демек, Пайғамбарымыз алайҳиссалам усындай еки жағдайда периштениң кирмей қалыўынан ескертпекте, үйиме периштелер кирип турсын, үйим файызлы болсын, дейтуғынлар усы еки истен узақ болыўы керек. Ийтти бағыўға болмайды, дегени ийттиң ҳәммесин аямай қырып таслаў керек, дегени емес. Мусылман адам ҳеш бир жанзатқа азар бермейтуғын болыўы керек. Ҳәдиси шәрийфлерде ийтлерден тек ғана мақсетли пайдаланыўға шақырылмақта. Көргизбе ушын яки өзиниң қызығыўшылығы ушын ийт бағыў дурыс ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Jumislarin'izda sizge tabislar tileymen. Sorawim: kishkene balalarimizg'a ko'z tiyiwden asraw yamasa ko'z tiygennen keyin qanday duwalar oqisaq boladi ha'mde oni ozlerimiz aytsaq bolama. Neshe marte aytiwimiz kerek. Toliq mag'liwmat bersen'iz iltimas. Ko'p adamlar balalarina kozmonshaq yamasa qizil tawardin ishine har qiyli zatlardi salip qoyadi bul dinimizge tuwra kelema. Juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. «Фатиҳа» сүресин оқып дем салып турылса, көз тиймеўи айтылған. Бирақ көзмоншақ ҳәм басқа ислерди қылмаў керек. Әдетте баласы аўырған аналар не қыларын билмей, түрли ислерди қылып көреди ҳәм түрли адамларға барады, олар да диннен хабары жоқ саўатсыз ананың бул аўҳалынан жақсы пайдаланып динниң атынан түрли тоқыма гәплерди айтып былшылдайды. Нәтийжеде, баласына пайдасы тиймеген ана динди жалғаншылардың иси, деп ойлай баслайды. Ал жалғаншы адам өз исин даўам ете береди. Булардың бәриниң асында диний саўатсызлық, ой-өристиң пәслиги жатады. Бир нәрсени билип алыў зәрүр, шәриятта, биреў аўырса, қәбирстанға бар, пәлен жанлық сой, реңи пәлендей болсын, төлен болсын, деген гәплер жоқ. Тек ғана Қураны кәрийм Аллаҳ тааланың кәламы болғанлықтан, усы кәламды ўәсийла етип, тәўир болыўы соралады, сондай-ақ, пайғамбарымыз алайҳиссалам айтқан дуўалар айтылады. Сайтымыз арқалы дуўалар избе-излиги берилип баратыр. Соларды ядлап айтып жүрилсе, иншааллаҳ мақсетке муўапық болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum menin sorawim..uyge kelin tusirilgende Molla shaqirilip neke oqitiw kerek deydi..buni toy qiliwga tayarlanip atirgan jaslar erte 1yamasa 2ay aldin nekelense de boladima ya bul qate boladima....bul tek shimildiqta otiliw kerekpa..usi haqqinda tusinik berseniz aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Некени илажы барынша илимли адамлар, яғный мешит имам хатиблерине оқытыў керек. Еки жас бир төсекте жатпастан алдын өтиў керек. Бир яки еки ай алдын өтип қойғанның зыяны жоқ. Бирақ неке оқытпай, алып қашып келип жасап атырғанлар шәрият тәрепинен ерли-зайып есапланбайды. Ҳәзирги күнде загс қағазын алғаннан кейин шәръий неке оқыў жолға қойылған. Буның да өзине жараса ҳикметлери бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устаз. Журетин кызым менен жинсий алака киргеним гуна болама?...
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намәҳрам қыз бенен жүриўдиң өзи үлкен гүна есапланады. Сиз тезлик пенен тәўбе етиўиңиз, Аллаҳ тааладан мағфират тилеўиңиз керек. Айырым китапларда зинакарларды ҳәттеки жер қабылламай қалғанлығы жазылған. Мусылман адам мудам пәкликке умтылыўы зәрүр. Өзиңниң анаңа, қарындасыңа, әжапаңа, қызыңа басқа еркеклердиң қандай мүнәсибетте болыўын қәлесең, сен де басқа ҳаял-қызларға сондай мүнәсибетте болыўың керек. Қураны кәриймде, напәк еркеклерге напәк ҳаяллар мүнәсип, деп айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. shet elde bolgan kezde meshitte qonsan tinish uyiqlaysan dep esitken edim. bul raspa? nukuste meshitte qonuga bolama? bul duriispa Allanin uyinde bolgan?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мешит мийманхана, уйқылайтуғын орын емес, ол жерде ибадат етиледи, зикирлер айтылады, дуўалар қылынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум хурметли устазлар, имамлар! Коп сорау бердим. Хаммесине еринбей жууап бергениниз ушын рахмет. Алла омиринизди зияда кылсын, ахыретинизди абад кылсын. Икки дуня бахты саадатына мияссар кылсын. Фарзандларинизнин рахатыны корин. Ата-ананыз, устазларыныз сизден разы болсын. Шагирдлериниз кобейсин.Бахтымызга аман болын коз тиймесин. Амин йа раббал аламин! Сорауым: Айтканларына амел кылмайтугын адамнын дуасы кабыл болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Дуўаның қабыл болыўы ямаса қабыл болмаўы Аллаҳға байланыслы ис. Оны биз бенделердиң додалаўы дурыс емес. Бирақ қабыл болыўы ушын қәлбтиң таза болыўы, ҳүжданның пәк болыўы, Аллаҳ тааланың буйырған ислерин қылып жүрген болыўы, қайтарықларынан қайтқан болыўы керек екенлиги ҳаққында китапларда айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Əс сəлəму алейкум ұстаз! Сорауым төмендегілерден ібарат: Азан айтылып атырған кезде қандай дуаларды айтқан абзал? Намазда яғный қыямда, рукуғда хəм сəждеде көз қай жерлерді қарауы керек? Аллаһ разы болсын. Əс сəлəму алейкум.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Азан кәлималарының өзин иштен айтып турасыз. Пайғамбар алайҳиссаламның аты келгенде саллаллаҳу алайҳи ўасаллам, дейсиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум. Сизлерден Алла разы болсын. Сорауым намазда парз хам суннеттин арасында сойлеуге болама. Маселен Песин намазынын 4 ракат суннетинен кн парзга ниет етпей турып касымызда перзентлеримизге тыныш турыуин яки баска ханага шыгаман десе шыгарып жиберу. Менин багша жастагы перзентлерим бар. 3,4 ракат касымда такрарлап кейин кийимлериме асылып баслайди. Маселен сондай уактта жайнамаздан шыгып балани ханадан шыгарып капини жауип койуга болама.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Еки тәрепке сәлем бергеннен кейин сөйлеўге, ҳәрекет етиўге болады. Намаз оқып атырғанда кишкене балалардың қасымызда ойнап жүргениниң намазға зыяны жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устаз. 1. Таблетка, сироп, капсула ұлума врач берген дəрілерді ішкен кезімізде, ұсы дəріні ішсем тəуір боламан деп сол дəріге ісеніп ішсек діннен шығып кетуіміз мүмкинба? 2. Ақиданы күшейтетін кандай кітаплар бар ? Егер жоқ болса қалай күшейтеміз ? 3. Тауқид дегенімиз не ? Ілтимас хəрбір сорауға тереңлетіп, толық, хəрбір майда жерлеріне шекем түсіндіріп берін. Жууап ұшын алдыннын рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Мәселени бундай кеңейтип жибермеў керек. Бирақ, ден-саўлықты бериўши Аллаҳ тааланың Өзи, дәри-дәрмақлар, оннан басқа да шыпалы нәрселерди Аллаҳ таала бизлерди тәўир етиўиндеги себепши болған нәрсе, деген исенимде болыў керек. 2. Ақыйда бул илимлердиң бири. Қәлбтеги ийманның нурын күшейтиў керек. Буның ушын Пайғамбар алайҳиссаламның, саҳабалардың, тәбеийнлердиң тарийхын, тәсирли рәўиятларды көбирек оқыў керек. 3. Таўҳыйд бул ¬– Аллаҳ тааланың жалғызлығы. Яғный, Аллаҳ тааладан басқа бир де илаҳ жоқ екени, ҳәмме нәрсе Аллаҳ тааладан екенине ийман келтириў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алеикум азиз устазлар аввалам бор сизлергекоп рахмет алла разы болсын копбилмеген затларымызды билип атрмз сорау ым бар еди хазир намаз окитугын қыз келиншеклер орамал такпаиды ол кабыл болама алдын ала рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әўрет жерлерди жаўып жүриў парыз әмел, намаз оқыў да парыз әмел. Басқа ўақыт орамал тақпай жүргени ушын оқыған намазы қабыл болмайды, деп айтыў қәте гәп. Өйткени намаздың парызларының ишинде ҳәмме ўақыт орамал тағып жүриў керек, деген гәп жоқ, ал намаз оқып атырғанда әўрети жаўық болыўы, яғный шаш та әўрет есапланғаны ушын намаз ўақтында жаўық болыўы кереклиги айтылған. Негизинде намәҳрамлар бар жерлерде орамалды тағып жүриў парыз әмел. Бирақ тақпаса басқалар қатары гүнакар болады. Орамал тақпай, намаз да оқымай жүргеннен, орамал тақпаса да, намаз ўақтында орамал тағып намазын оқып жүрген абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Тан намаз оки алмасам кун шыкканда казасын окысам болама
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте. Таң намазды қаза еткен күни Қуяш тикке келгенше сол күндеги таң намаздың сүннетиниң қазасы да парызы менен бирге оқылады. Егер ўақыт заўалдан, яғный тикке келиўден өтип кеткен болса, онда тек ғана парызының қазасы оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Жумста болганым себепли песинди 5 те окисам болама
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәр бир намаз өз ўақтында оқылыўы керек. Ҳәзирги күнлери песин намаздың ўақты 18:30 ларға шекем барады. Демек усы ўақыттың ишинде песинди оқысаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы