Сораў: Assalamu aleykum hurmetli ustazlar!! Paytaxtimizdag'i medreseni pitkergenlerge qanday qa'niygelik beriledi? Juwap ushin raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Басланғыш имам хатиби, басланғыш араб тили мударриси ҳәм әдепнама тәрбияшысы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alikum ustazlar menin bir sorawim bar edi meni bir dostim magan soraw berdi dozax jannat degen barma dep, men awa desem qalay daliyleysen dep aytti men juwap bere almadim iltimas hadislerde bul qalay daliylendi aytip jiberseniz aniq qilip
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жәннет ҳәм дозақ, ҳәм де олардан басқа да ғайып ислери ҳаққында мағлыўматларды биз Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерден билип аламыз. Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлер илимий тәрептен де, ақыл тәрептен де тастыйықланған. Қураны кәриймдеги ҳәм ҳәдиси шәрийфтеги жәннет ҳәм дозақ ҳәм де соларға уқсаған ғайып ислерин инкар еткен адам мусылманшылықтан шығып кетеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум, хурметли имам домла. Бул сораулар копшиликке тийисли деп ойлайман. Ата- бабаларымыздын коймшылыгына зыярат етиу максетинде барганымызда копшилик томендеги ислерди амелге асырады: шейх яки озинг ата бабасынынг кабири атырапында уш марте айланады, Курани карийм сурелерин окып болганан сонг дууа кылган пайытында ата-бабаларымыз келип Алла таьладан сорап шыпа алып берсин яки жолымызды ашсын деп косып кояды. Бул диний коз карастан туурыма яки на туурыма. Алдынан рахмет билдиремен.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул айтқан ислериңиз натуўры.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Здравствуйте, где то 5 лет назад, отец завел себе любовницу шантажера, она у кого то берет деньги и растратит и еще берет у кого то чтобы закрыть предыдущий долг... Так шли годы... И вот уже у них 3 ребенка. Они прошли и через никах, отец жил два дня у нас, один там у любовницы. Теперь из-за шантажа она теперь в тюрьме дали ей 10 лет. Детей отдали в детский дом и отец редко их приводят домой из-за того что в детских домах их жестоко бьют, он теперь ждет чтобы она вышла из тюрьмы. Мама работает в Казахстане, а отец никак не чувствует ответственности за семью, если заработает деньги их сразу же растратит на них. Отец читает 5 кратный намаз. И он считает свое действие правильным, насколько правильно это с точки зрения религии. Заранее спасибо за ответ, вы можете отвечать и на Каракалпакском языке.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мусылманшылықта ҳаял адам мәҳрамлары болмастан үш күнлик сапарға шығыўы мүмкин емес. Ал ҳаялын ислетип күйеўи оның пулын жеп жатыў аса кеткен ис. Сиз буны әкеңизге түсиндириң. Мусылманшылықта ҳаял адамларға жеңиллик берилген, ҳаял адамда жумыс ислемеў ҳуқықы бар, бирақ ислеймен, десе өз ара мәсләҳәт пенен ислесе болады. Ал еркек адам жумыс ислемеймен, деп айтыўына ҳақысы жоқ. Өйткени ер адам бала-шағасын бағыўы ўәжиб әмеллерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alikum ustazlar bir sorawim bar edi eger adam otirik soylep jursen misali majbur bolip kiynnen namaz oqip atirip keshirip sorap duwa etese keshirileme? Paygambarimizdin (s.a.v)nin bir hadiside bir adam bir kunde 5 waqit namaz oqisa onin gunasi bolmaydi degen usigan toliq aniq maglumat berseniz iltimas
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Алды менен, өтирик сөйлеўдиң үлкен гүна екенин ҳәр биримиз сезиниўимиз керек. Ҳәдиси шәрийфлерде өтирик сөздиң жүдә аўыр гүна екенлиги айтылған. Гүнаның кеширилиўи ямаса кеширилмеўи Аллаҳ таалаға байланыслы ис. Сонлықтан адам баласы гүна ислеп болып тәўбе етти ме, тәўбе еткенде бул иске қайтпаўды қасд етиўи шәрт. Намаз оқысам алдыңғы гүналарым кеширилип кете береди екен, деп намаз оқып болып және гүнаға батып жүриў дурыс емес. Әлбетте, Аллаҳ таала жүдә кеширимли, ҳәммеге меҳрибан. Аллаҳ тааладан билип-билмей ислеп қойған гүналарымызға мағфират сораймыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Bir kuni avtobusta ketip baratirip eki adamnin sawbetin biyiqtiyar esitip qaldim. Olar din haqqinda soylesip atir eken. Sawbetten sol aniq boldi. Bir adam ekinshi adamdi Iysa masiyh dinine kiriwge shaqirip atir eken. Olardin sozine aralasip jolinan qaytarmaqshi boldim biraq juratim jetpedi. Diniy sawatim da kushli emes edi. Qarap turip masqara bolip qalaman ba dep indemedim.ne qiliw kerek
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳақыйқатта, бундайлар халыққа да, мәмлекетке де жақсылық алып келмейди. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: Ким бир жаман исти көрсе қолы менен қайтарсын, оған қурбы жетпесе, сөзи менен қайтарсын, оған да қурбы жетпесе, қәлби менен жаман көрсин, бул ийманның ең пәси, деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Namaz oqimagan adam qaytis bolsa dazaqqa kireme yamasa beyishkeme
Жуўап: Адамның дозақ яки жәннетке кириўи Аллаҳтың мийримине байланыслы. Аллаҳ таала бенделерине буйырған әмеллер бар, сондай-ақ қайтарған әмеллер де бар. Буларға әмел етпеўлик Аллаҳ тааланың мийриминен шетке шығып қалыўға ҳәм ғәзебине ушыраўға алып келеди. Намаз да сондай әмеллерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Namaz oqimagan adam qaytis bolsa dazaqqa kireme yamasa beyishkeme
Жуўап: Адамның дозақ яки жәннетке кириўи Аллаҳтың мийримине байланыслы. Аллаҳ таала бенделерине буйырған әмеллер бар, сондай-ақ қайтарған әмеллер де бар. Буларға әмел етпеўлик Аллаҳ тааланың мийриминен шетке шығып қалыўға ҳәм ғәзебине ушыраўға алып келеди. Намаз да сондай әмеллерден.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейеум хурметли казы ага Мен дым ериншекпен. Гейде намазларым да каза болып кала береди. Ериншекликтен кутылыу дуасы бар ма..
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. «Аллооҳуммә инний әъуўзу бикә минәл ҳәмми ўәл ҳазәни ўә әъуўзу бикә минәл ъажзи ўәл кәсәли ўә әъуўзу бикә минәл жубни ўәл бухли ўә әъуўзу бикә мин ғоләбәтид дәйни ўә қоҳрир рижәл». Мәниси: Аллаҳым, Сениң атың менен ғам-тәшўиштен, әззилик ҳәм ериншекликтен, қорқақлық ҳәм сықмарлықтан, қарыз езип қойыўы ҳәм адамлардың қәҳринен пана тилеймен. Ҳәр бир мусылман адам өз нәпсин қолға алыўы керек. Абдурраҳман ибн Аўф разыяллаҳу анҳу ҳәр күни: «Я Аллаҳым нәпсимди мен басқара алатуғын етип қой», деп дуўа ететуғын екен. Бир күни Умар разыяллаҳу анҳуды саҳабалар түнде көрип қалды, Умар разыяллаҳу анҳудың үстинде бир қап ун бар еди. Саҳабалар: Түнде бир қап унды көтерип не қылып жүрсиз?, дегенде, Умар разыяллаҳу анҳу: Түнде таҳажжуд намаз оқыйжақ едим, нәпсим ериншеклик етти, соның ушын нәпсимди намаздан да қыйынырақ ис пенен қыйнап атырман, деген екен. Уламалар нәпсини басқарыў ушын ораза тутыў керек екенлигин айтқан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума галикум Шариятта шарим жок дегеннинг маниси не оннан кейин мусылманшылык асте асте деген де гап бар тусиндирип бере аласыз ба
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятта шарм жоқ, деген гәп бар. Шәриятта ҳәмме нәрсе түсиндириледи ҳәттеки ҳәжетханаға қайтып кириў қайтып шығыў керек, ол жерде қалай отырыў керек, жынысый жақынлық әдеплери ҳәм басқа да, инсан билиўи керек болған нәзик ислерге шекем түсиндириледи. Бундай ислерди уят болады, деп үйретилмей қалмайды. Бул гәп усы мәниде айтылған. Мусылманшылық әсте-әсте, дегени, бул – мусылманшылықтың ҳәмме әмелин бирден баслап кетиў, улыўма илими жоқ адам ушын қыйын көриниўи мүмкин, соның ушын әсте-ақырынлық пенен үйренилип барылыўна айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustazlar! Juma mu'ba'rek bolg'ay! Men de bir iltimas bar, eger ilaji bolsa. Telegrammdag'i kanalg'a namazda zam sure qilip oqiwg'a bolatug'in surelerdi, uzin surelerden sol zam sure bolatug'in ayatlardi jazsan'iz yamasa foto qilip islesen'iz, manileri menen bolsa ju'da jaqsi bolar edi. Internetten korip alip oqip jurippen, biraq sizlerden kelse isenimliraq bolar edi. Misali ushin men "Fatiha" suresinin' manisin bilgenimnen keyin ishten "amin" dep aytiwim basqasha boldi baribir. Ne ushin "amin" dep atirg'animdi bildim. Bir oylanip korsen'iz isi tuwrali. Eger bug'an da waqit ajirata alsan'iz jaqsi bolar edi. Allah ibadatlarimizdan razi bolg'ay!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma a'leykum ustazlar.Qaza namazi haqqinda maĝliwmat berseñiz.Quyash batqannan keyin oqiw kerekpe yamasa quyash batpastan aldin oqilsada bolama? Qaysi waqitta oqiĝan duris boladi.Juwaplar ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Күндиз де, түнде де қаза намазды оқыса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamaleykum ua raxmatulaxy ua barakattux qurmetti ustaz. Uztaz bir suragim bar edi , men Alla tagalani zikr etkende namazga turganimda har turli kufirlik oylar kelebered, eki jilday boldi osiday jaman oylarmen alisip kele jatqanima ,bolmasa tafakkur qilamin qayta qayta, biraq ishtey senbey jurgendey sezilet, munafikpinba dep keyde korkip ketem, yamasa magan iman berilmedima dep jilagim keled, iltimas ne istesem bunday jaman oylardan qutilam
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Шайтан бириңизге келип: «Буны ким жаратты? Оны ким жаратты?» дейди. Ҳәтте: «Рәббиңди ким жаратты?» да дейди. Қашан усыған жеткенде, ол Аллаҳтан пана сорасын ҳәм тоқтатсын», деди». Үшеўи рәўият қылған. Шарҳ: Усы ҳәдиси шарийфтиң рәўийлери Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу менен әўел танысқанбыз. Муаллиф раҳматуллаҳи алайҳи бул ҳәдиси шарийфти мөмин кисиге ўасўаса зыян қылмаўы ҳаққындағы бап басында айтылған гәпти тастыйықлаў ушын келтирген. Усы ҳәдиси шарийфте инсан ойынан кешетуғын базы ўасўасалар шайтаннан екени баян қылынбақта. Усының менен бирге, сол шайтан ўасўасасын қайтарыў жолы да көрсетилмекте. Шайтан Адам ата менен өзи арасында болып өткен белгили келиспеўшиликтен бери адам баласына душпан. Ол Қыямат күнинеше адамзатты ўасўаса қылыўға ант ишкен. Соның ушын да, инсан ҳеш ўақытта бул нәлетленген душпанын умытпаўы керек. Арасында ойына келип қалатуғын ўасўасалы пикирлер, «оны ким жаратқан, буны ким жаратқан» киби сораўлар бара-бара «Рәббиңди ким жаратқан?» киби телбе пикирге алып келиўи де турған гәп. Соның ушын усы ҳалат жүзеге келгенде сол ўақытта: «Аъузу биллаҳи минашшайтанир рожийм» деп Аллаҳтан пана сорасын. Усы ойларды мийинен қуўсын! Усының менен ис таўсылады. Ҳеш нәрсе көрмегендей болып кетеди. Болмаса әқибети шатақ болыўы мүмкин. Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар: 1. Шайтан ўасўасасының раслығы. 2. «Оны ким жаратты, буны ким жаратты?» деп барып, «Рәббиңди ким жаратты?» деўге шекем барыўы да мүмкинлиги. 3. Бундай ҳалатларда Аллаҳтан пана сораў лазымлығы. 4. Бундай сораўларды сол ўақытта тоқтатыў лазымлығы. Сырттан әпўайы көрингени менен бул ҳәдисте зикир қылынған мәселе жүдә мүҳимдур. Ўасўаса адамлар ушын ең нәзик ҳәм ең зыянлы нәрсе, ол ақыйда бабында зыян жеткизеди. Ол себепли инсан диннен шығып, кәпир болыўы ҳеш гәп емес. Усы ҳәдисте усындай үлкен машқаланы шешиў жолы айтылмақта. Ҳәзирги күнде мусылман әлеминде де, оннан сыртта да ўасўаса кеселлигине ушырағанлар күн сайын көбейип баратырғаны ҳеш кимге сыр емес. Руўҳый ҳәм нерв кеселлер саны тынымсыз өсип бармақта. Бул болса, усы ҳәдиси шарийфтиң ҳикметине инсаният қәшелли мүтәж екенин көрсетеди. Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға ўасўаса ҳаққында сораў берилди. «Ол анық иймандур», деди». Муслим рәўият қылған. Шарҳ: Усы ҳәдиси шарийфтиң рәўийи сыпатында зикир қылынған Абдуллаҳтан мурад, Абдуллаҳ ибн Масъуддур. Төменде ол кисиниң өмири менен қысқаша танысып өтемиз: Абдуллаҳ ибн Масъуд ибн Ғафил ал-Хузамий, кунялары Әбиў Абдураҳман, Исламға алтыншы болып кирген, еки ҳижрат ийеси–Ҳабашстан ҳәм Мадинаға ҳижрат қылған. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға хизмет қылыўшы сапласларынан, жәннетке кириўликке хошхабар берилген он саҳабалардың бири. Бадр урысида Әбиў Жаҳлди өлтирген. Уҳуд, Хандақ, Ризўан байъати, Ярмук мерекеси ҳәм буннан басқа ҳәмме урысларда қатнасқан. Меккеде биринши болып Қураны Кәриймди бәлент даўыс пенен оқыған, Қураны Кәриймди яд алғанлардан бири, тақўадар, шырайлы хулықлы, фақиҳ саҳабалардан. Бул киси ҳәммеси болып Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан 848 ҳәдис рәўият қылады. Оннан Абдуллаҳ ибн Умар, Абдуллаҳ ибн Аббас, Әбиў Муўса Ашъарий, Имран ибн Ҳусайн, Әбиў Ҳурайра, Ибн Зубайр, Жабир, Анас, Әбиў Саид, Әбиў Рофиъ ҳәм басқалар рәўият қылған. Табиъийнлерден Алқама, Әбиў Ўаил, Асўад, Масруқ, Убайда, Ибн Ҳазим, Қайс ҳәм басқалар рәўият қылған. Ол топлаған ҳәдислерден үш «Саҳиҳ» ийеси өз китапларына киргизген. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам мар¬ҳамат қылады: «Қураны Кәриймди төрт кисиден алыңлар». Солардың бири Абдуллаҳ ибн Масъуддур. Ибн Масъуд бойы қысқа, ағзалары нәзик киси еди. Бир күни саҳабалар, ол кисини ағзалары нәзиклиги ушын мазақ қылғанда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Аллаҳқа ант, Ибн Масъудтың ағзалары қыямат куниниң тәрезисинде Уҳуд таўынан да аўыррақдур», деп марҳамат қылған. Ол киси хошбой нәрселерди жақсы көрип, көп жер еди. Егер үйинен шықса, қоңсылары бул жолдан Ибн Масъуд жүргенлигин билер еди. Ибн Масъуд кесел болып жатқанында, халифа Усман ибн Аффан разыяллаҳу анҳу зыяратына келип, ол кисиден неден шикаятың бар, деп сорағаныда, гүналарымнан, деп жуўап берди. Халифа: «Не затты қәлейсен?» деп сорады. Сонда ол киси: «Рәббимниң раҳматын», деди. Халифа: «Табиб шақырайын ба?» дегенинде, «Мени Табибтиң Өзи кесел қылды», деди. «Онда өзиңе керек болған нәрсени әкелтирейин бе?» дегенинде, «Маған ҳеш нәрсе керек емес», деди. Сонда халифа: «Қызларың ушын керек болып қалар», деди. Ибн Масъуд: «Қызларым жарлы болып қалыўынан қорқасан ба? Мен оларға ҳәр түнде ўақиъа сүресин оқыўды буйырғанман. Себеби, мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан еситтим: «Қайсы бир адам ҳәр түнде ўақиъа сүресин оқыса, оған мәңги жарлылық жетпейди», деп айтты. Ол Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қайтыс болғанынан кейин, Куфадағы Байтулмалға баслық болды. Усман ибн Аффанның халифалық дәўиринде, Мадинаға келди. Усы жерде, ҳижраттың 32-жылы қайтыс болды. Усман ибн Аффан разыяллаҳу анҳу жаназа намазын оқыды ҳәм «Бақийъ»ға жерленди. Усы ҳәдиси шарийфтиң мәниси, басқаша қылып айтқанымызда «Ўасўаса анық иймандур» болады. Бул неўе өзи? Ўасўаса шайтаннан, ийман Раҳманнан-ғо! Ўасўаса ийманның жоқ қылыўшы! Ол қандай қылып, анық ийман болыўы мүмкин? Бул гәп, жалын бул суўдур, дегенге уқсамайды ма? Усы ҳәдиси шарийф пенен дәслеп танысқан адамда усыған уқсас сораўлар пайда болыўы мүмкин. Бирақ, каминада бул сораўлар пайда болмады. Себеби, усы қатарлар жазылыўынан жигирма бир жыл алдын өткен тәжирийбе бул мәнини түсиниўге жәрдем берди. Улыўма жәҳән Исламға шақырыў факултетине таза оқыўға келген жылым еди. Бирден қәлибге ўасўаса түсип, болмаған пикирлар басыма оралып қалды. Дүня көзимге тор көринип, ҳеш нәрсе татымайды. Биреўге айтыўдың иләжи да жоқ. Бул ҳалат бир неше күн даўам етти. Сығылыў, тәшўиш жоқары шоққысына жетти. Әне усындай аўыр ўақытта көзим Ҳаким Термизийдиң араб тилиндеги «Муридлар әдеби» китабына түсти. Муаллифи Термизий болғаны ушын, өз Ўатанласымыз екен, деп китап дүнәнынан сатып алып едим. Китапты қолға алдым. Туўры келген жерин ашып оқыдым. Ўасўаса ҳаққында гәп бар екен. «Мурид қәлибине ўасўаса түссе, жақсылық аламаты, деп билсин. Себеби шайтан оны жоқлап қалыпты. Әдетте, шайтан абат болып атырған қәлиблерди ўасўаса қылыўға урынады. Хараба қәлиб¬лер усындай, оның мүлки есапланады, әўере болып оларды ўасўаса қылып та отырмайды. Шайтан абат қәлиблерди хараба қылыў үмитинде оларға ўасўаса қылады. Урынып-урынып, нийетине ерисе алмағанда, таслап кетеди», дейилген еди. Қәлибимге «жалт» етип жарықлық түсти. Қуўанып кеттим. Менде болған нәрсе, ўасўаса екенин түсиндим. Оның не ушын болып атырғанын да аңладым. Мында бүгин болса, Аллаҳқа шегарасыз шүкирлер болсын, пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ўасўаса ҳаққында «Ол анық иймандур», деп айтқан ҳәдислерин ҳеш қыйыншылықсыз түсинип турыппан. Демек, адам ўақтында аңлап жетип, Аллаҳ тааладан сол ўақытта пана сораса, қәлибине түскен ўасўаса оған зыян жеткизе алмас екен. Бул болса ақыйдаўий, руўҳый-мәнаўий саламатлық ушын жүдә зәрүрдур.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum hurmetli ustazlar! Bir dostimiz moynina duwa tag'ip juredi nege tag'ip jursen dep sorasam baleden kozden asraydi deydi! Shariyatimizda tumar tag'ip ko'z tiymeydi degen narselerge qanday korsetpeler bar? Qilip atirg'an qayirli islerinizden Allah razi bolsin!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мына силтеме арқалы тумар ҳаққында жазылған мақаланы оқыўыңызға болады: http://paziylet.uz/index.php?r=site%2Fmagliwmat&id=143
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум.Сорауым кредит хаккында.Банктен кредит алыу,машынды кредитке алыу,жайды кредитке алыу,суткорлыка жатама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул сораўға бир неше мәртелеп жуўап берилген. Излеў хызметинен пайдаланып таўып алың!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум ! Бесикти хəм үйди əдираспан я шырпы менен аласлатыу дурыспа?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул жерде усы исти қылыў арқалы ҳәр түрли мәнаўий зыянлардан қутылыў мәниси болса, онда мүмкин емес. Өйткени бундай ислер айтылмаған. Бирақ илимий тәрептен тастыйықланған бир ис ушын болса, мысалы әдираспан түтетиў арқалы, айырым бир микробларды жоқ етиў мүмкин, бундай ислерге ҳеш қандай қарсылық жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Жаназа намазы кимлерге оқылмайды?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жаназа Ислам дини әмеллеринен. Соның ушын мусылман емес адамларға жаназа оқылмайды. Диннен шыққан ҳәр қандай адам мусылман емес болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Қонаққа барғанда ауқатына гүмəн болса не ислеу керек?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Көп гүман етиў сақланыў зәрүр. Егер ҳақыйқатта аўқатқа ҳарам нәрсе араласқан болыў итималы болса, онда үй ийесинен сораў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Намазды оқымай кеткен адам диннен шығама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Яқ, бирақ гүнакар болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Ийманды қалай кушейтиуге болады?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Буны бир еки сөз бенен түсиндириў қыйын. Сиз Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың төрт томлы «Руўхый тәрбия» китабын алып оқың. Ол китапта адам өзин қалай тәрбиялаў керек екенлиги жазылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы