Сораў: Ассаламу алейкум устаз. Сорауым мен кейде 4 ракатлық парз намазларында, шам намазының парз намазында- 2 ши ракаттағы Аттахият дуасынан кейин Солли, Барик, роббана дуасын гейде еки ийинге салем берип умытып оқып қояман. Сол кезлери не ислесек болады. жуап ұшын рахмет ұстаз
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Екинши рәкәәттағы әттиҳийяттан кейин салаўатларды оқып қойған болсаңыз ямаса еки тәрепке сәлем берип қойған болсаңыз, оннан кейин еле дүньялық сөзлерди ямаса әмеллерди ислемеген болсаңыз, сол ҳалда турып, намазыңыздың даўамын оқыйсыз ҳәм ақырғы әттаҳийяттан кейин еки тәрепке сәлем берип сәждәи сәҳў етиўиңиз керек. Егер имам болып оқып турғаныңызда усы ҳал болса, ақырғы әттаҳийяттан кейин бир тәрепке сәлем берип кейин сәждәи сәҳў қылынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум, 21 асирде жасап атырганымызды хам информацион технологиялар рауажланып атырганлыгын есапга алып мусульман жигит хам кызлардын бир бири менен танысыу максетинде арнаулы чат каналын (саубетлесиу каналы) ашылса максетге мууапык болар еди. Плюс тареплери 1) мусульман жаслары бир бир менен баска агымдагы яки батыс мадениятына байланыслы чатларга кызыгыушылыгы томенлейди 2) Намазхан жигит хам кызлар бир бир улыума таныймайды хам билмейди, чат аркалы достласар еди. 3) Чат канал аркалы жасларды тууры жолга салыуда маслахатлар хам пикир алмасыулар амелге асырылыда 4) Коп жаслар телеграмм, месседжерлар хам баска каналарда тарбиясыз маглыуматларды пайдаланып тарбиясына хам психологиясы кери тасир етпекте 5) Имам хам устазларымыз чат аркалы жаслар коз карасын уйрениуде кол колер еди. Алла таълаага шукирлер бул каби сайт ашылганына. Сорауым ушын алдынан узр сорайман. Рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жигит намәҳрам қызға интернет арқалы жазыўы, телефон арқалы сөйлесиўи ямаса соларға уқсас басқа бир байланыс қураллары менен сөйлесиўи әдеттеги сөйлесиўи киби дурыс емес ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum hurmetli dinimiz agartiwshilari! Menin sorawim bar edi. Menin tuwisqan ajagam bar edi ol usi jili jumis babinda jurip bir sebepler mn qaytis bolip qaldi. Onin uylengenine bir jildan otip edi. Endi magan uyimdegiler ajagamnin hayalina uylen dep atiren ne qilarimdi bilmey atirman. Iltimas.usi maselede ne islesem maqul boladi. Iltimas tezrek juwap berseniz.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул иске шәрият тәрепинен ҳеш қандай тосқынлық жоқ. Жасы үлкенлер менен мәсләҳәт етип, бир шешимге келиң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu 'alaykum ua Rohmatullahi ua barokatuhu. Qazi Domla Allah sizden razi bolsin. 1.Basi qaltiraytin adam namazda imamliqqa layiqpa? 2.Dinin qaytqan ham waqittin o'tiwi menen dinine kelgen adam namazda imamliq qilsa bolama? aldinnan rahmet Allah bilimin'izdi bunnan da ziyada qilsin.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Имам болыўға биринши нәўбетте, ең билимли адам ылайық болады. Егер еки билимли адам болса, қирәәти шырайлы ҳәм тәжўийди туўрысы өтиўи керек, екеўиниң қирәәти де шырайлы болса, онда тақўалырағы өтиўи керек. Екеўи де тақўалы болса, онда қулқына қаралады. Екеўиниң қулқы да шырайлы болса, онда сыртқы көриниси шырайлы болғаны өтиўи керек. Ол да бирдей болса, нәслине қаралады. Демек егер ол адам фиқҳты жақсы билетуғын болса, имамшылыққа өтиўге ҳақлы болады. Екинши сораўдың жуўабы да бириншиси менен бирдей.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alikum agalar menin bir neshe sorawlarim bar edi. 1.namaz oqip atirip sajde waqtinda sajde de turip alladan tilegimizdi aytip soransaq bolama? 2.soranis namazi yagniy joldin boliwin istin rawjlaniwin sorap namaz qaytip oqiladi nafil namazi sol ushin oqilama usigan aniqliq kiritip berseniz 3.nege bir kezleri bergen sorawlar juwapsiz 2 3 kunlep qalip qoyadi kanaldan uliwma shiqpay qaladi uliwma hamme sorawlar tek hadisler kelip turadi? Hadislerdi berip turganiniz jaqsi ilaji bolsa usinday hadiyslerdida kop etip jiberip turin iltimas 4.musilman adam basqa dindegi adamnnan sawga aliwga bolama yagniy basqa dindegi doslarinnan misali ushin menin Kors.rus doslarim bar solardin sawgalarin alsam bolama
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Парыз намазлардан тыс ўақытларда, намазлардан кейин сәжде еткен ҳалда Аллаҳтан тилеклерди сораса болады. Парыз намазларда сәжде ўақтында соралса намаз бузылып кетеди. 2. Нәпил намаз бул – қосымша намаз есапланады. Бес ўақыт намаздан да көбирек намаз оқып Аллаҳға жақын болыўды қәлеген бенделер нәпил намазларды оқыйды. Нәпил намазларды оқып болып, Аллаҳ тааладан жолын ашыўын сораў, оннан басқа да қәлеген ҳәжетлерин сораў мүмкин. 3. Сайтымызға түсип атырған сораўлардың жуўабын излеўге, сондай-ақ басқа да мағлыўматлар, мақалалар таярлаўға ўақыт көбирек кеткенлиги себепли, айырым сораўлардың жуўаплары 2-3 күн ҳәттеки оннан да кешигиўи мүмкин. Өйткени, шәрият илиминде ҳеш бир адам, ҳәттеки үлкен уламалар да өзлигинен келип шығып сораўларға жуўап бере алмайды. 4. Басқа дин ўәкиллеринен шәриятта қадаған болмаған, мусылман адамға зыян емес нәрселерди саўға етип алса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум устазлар Некенин парзы, суннети уажиблери кандай айтсаныз? Жуап ушын рахмет алдын ала
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Уламаларымыз адамның аўҳалына қарап некелениўдиң ҳүкмин алты түрге бөлген. 1. Парыз – мәҳирге ҳәм бир ҳаялды бағыўға қүдирети жететуғын, үйленбесе анық зина етип қоятуғынлардың үйлениўи парыз есапланады. 2. Ўәжиб - мәҳирге ҳәм бир ҳаялды бағыўға қүдирети жететуғын, үйленбесе зина етип қойыў қәўипи бар адамлардың үйлениўи ўәжиб. 3. Сүннет - мәҳирге ҳәм бир ҳаялды бағыўға қүдирети жететуғын, жынысый мүнәсибетке жарамлы адамлар. Айырым китапларды буны да ўәжиб, деген. 4. Ҳарам - мәҳирге ҳәм бир ҳаялды бағыўға қүдирети жетпейтуғын, үйленсе ҳаялына зулым ететуғын, жынысый тәрептен жарамсыз адамлар. 5. Мәкруҳ – мәҳир бериўи ҳәм бир ҳаялды бағыўы қыйын болған, үйленсе ҳаялына зулым етиўи итималы бар адамлар ҳәм жынысый тәрептен жарамай қалыўы итималы бар адамлардың үйлениўи. 6. Мубаҳ – үйлениўди шәрт ететуғын жағдайлар да, үйлениўди тосатуғын жағдайлар да болмаған адамлардың үйлениўи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustazlar! Usi sorawima hesh juwap ala almay kiyatirman. Qaysi namazlardi dawis shigarip, al qaysi namazlardi ishten oqiwim kerek. Juwap ushin aldinnan ulken raxmet! Allah ibadatlarimizdi qabil etkey!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жәмәәт пенен оқылғанда таң намазының қирәәтин, шам ҳәм қуптан намазлардың алдыңғы еки рәкәәтының қирәәтын даўыс шығарып оқыў шәрт. Песин ҳәм намазлыгерлердиң тек тәкбирлери ғана даўыс шығарылып айтылады. Жалғыз намаз оқыўшы адам таң намазының қирәәтин, шам ҳәм қуптан намазлардың алдыңғы еки рәкәәтының қирәәтин қәлесе иштен, қәлесе даўыслап оқыўы мүмкин. Бирақ әдетте иштен оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу Алейкум Хурметли Устазлар Сорау Каза Болган Намазга Камат айтылама Жуап ушын Рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қаза намазға азан ҳәм иқомат айтылады. Егер бир неше қаза намазларды оқыйжақ болсаңыз, онда бир азан айтасыз, кейин ҳәр бир қаза намаздан алдын бир мәртеден иқомат (тәкбир) айтасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Бес уакыт намаз окыуга жумыс уакты тууры келмесе тек тан намаз окып журседе болама яки намаз окыган сон бес уакыт окыу керекпе. Жууап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бес ўақыт намаздың ҳәммеси ҳәр бир мусылман адамға парыз есапланады. Улыўма намаз оқымай жүргеннен таң намазды баслаған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alium aga raxmet juwaplar ushin alla razi bolsin demek men farz namazinnan basqa waqitta oqigigan namazimda sajde waqtinda soransam boladigo solayma....?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намаздан тыс ўақыттағы сәждеде дуўа етсеңиз болады. Парыз намаз болсын, сүннет намаз болсын, нәпил намаз болсын, булардың сәждесинде намазлықтан тыс нәрсени айтыў намазды бузады. Намазларды оқып болып, сәжде ҳалында дуўа етсе жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Устаз telegram каналынызды кузетип бараман, telegram каналда хадислер, х.т.б диний мазмундагы жазыулар бар, сорауым сондай: тел. менен бирге хажетханага кириуге мажбур болып калатын гезлер болады, бул китап емеско деген ой менен журмен. Жуап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф болады, деп жуўап берген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум мен намаз окыйман куйеуим окымайды. озим жумс ислеп тапкан акшамнан күйеуиме аитпай садака берсем болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Исламда жеке мүликке айрықша итибар берилген. Ҳаял адам өзиниң жеке мүлкин өзи ислетеди, оған басқалардың ҳәттеки күйеўиниң де араласыўы мүмкин емес. Бул исламый ҳуқық тәрептен. Бирақ, ерли-зайып бир шаңарақ болып жасағаннан кейин өз-ара бир-бири менен меҳир-муҳаббатлы жасаўы ҳәр бир исти ойласыўы, мәсләҳәтлесиўи, ҳәр қандай ҳалда да ҳаял күйеўине қарсы шықпаўы, шаңарақта ер адамның айрықша орны болыўы, балаларына ҳеш қашан жаманламаўы, күйеўи жаман жолға кетип баратырса ҳаялы дурыс жолға жоллаўы лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума əлейкум устазлар истиғфатди толик окилиуин жазип жибере аласизба? алдиннан рахмет. Алла рази болсин. мен коп кийин созлерге жагдайларга тусип кала берем сонша хаклигимди далиллесемде атирапимдагилар терис тусинеди сони далиллеймен деп озимди шаршатип алам
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Истиғфар дегени «Әстәғфируллооҳ» сөзин айтыў дегени. Қыйыншылықлардан шығыў жолы бул – Аллаҳға тақўа етиў. Қураны кәриймде: «Ким Аллаҳға тақўа етсе, оның ушын ҳәмме ўақыт қыйыншылықлардан шығыў жолы жаратылады ҳәм өзи ойламаған тәрептен ырысқыландырылады», делинген. Тақўаны беккем услаң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Húrmetli Qazı Domla! Sizge qayırlı hám sawaplı islerińizde kúsh-quwat tileymen! Qaza namazları haqqında tolıq hám keńirek maǵlıwmatlar berip ótseńiz.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қаза намаз тап өз ўақтында оқылатуғын намаз киби оқылады. Тек нийетте парық етеди. Намаз қаза болғанда сүннетлери оқылмайды. Тек таң намаздың сүннети сол күни заўал ўақытқа шекем оқылады. Егер бир адам таң намазды қаза етсе, заўал ўақтына шекем сол қаза намазын оқыса, онда сүннетиниң де қазасын оқыйды, заўал ўақтына шекем таң намазының қазасын оқымаса, онда ол таң намаздың сүннети оқылмайды, тек парызының қазасы оқылады. Муқим ҳалда қаза қылса, толық, сапарда қаза қылған болса, қысқа етип оқылады. Қирәәтти иштен яки даўыслап оқылынғаны намаздыкине уқсайды. Ўитр намазының қазасы да оқылады.
Алты ўақытқа шекем намазды қаза қылған адам қазаларын тәртип пенен оқыйды. Оннан көп қылынған болса, тәртип бузылады ҳәм иләжин қылғанда оқый береди. Кимниң қаза намазлары санын билмейтуғын дәрежеде көп болса, өзиниң шамалаўында, қазам таўсылды деген ҳалға жеткенше оқый береди.
Имрон ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сапарға шыққан еди. Сонда, таң намазында уйқылап қалып, қуяштың ыссысынан оянды.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Бул жерден басқа орынға өтиң», деди.
Соң Билалға буйырып, азан айттырды. Соң таҳарат қылып, еки рәкат таң (сүннети) намазын оқыды. Соң Билалға буйырып, такбир айттырды ҳәм оларға таң намазын оқып берди».
Әбиў Даўыт ҳәм еки Шайх рәўият қылған.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ким намазды умытса, онда, оны есине түскен ўақытта оқып алсын. Оның буннан басқа каффараты жоқ. «Намазды Мениң зикрим ушын оқы», деди».
Бесеўи рәўият қылған.
Муслимниң рәўиятында:
«Қашан бириңиз намаздан уйқылап яки ғапыл қалса, онда, оны есине түскен ўақытта оқып алсын. Себеби Аллаҳ: «Намазды Мениң зикрим ушын оқы», деди», делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устазлар! Менинде сорауым неке хаккынла еди. Мен турмыска шыкканнан кейин 14жылдан кейин неке окыттык. Соган дейин 3 перзентли болдык. Енди ол перзентлеримиз некесиз есапланбайма? Жууап ушын алдыннан рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Некени кеш болса да қыйдырғаныңыз дурыс болған. Басқа некесиз жасап жүргенлер де сизлерден өрнек алса нур үстине нур болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум бир сорау мени катты кыйнап киятыр мен турмыска шыккан кызбан бир сапар оз уйиме кыдырп барганда уйдеги Намаз китабын хешкимге айтпай тыгып алып кеттим ол дурыс па, дурыс емес пе, менимше оны пайдаланатин адам жок уйдэ екинши сорауим бир тилек тилейтин болсак тилекти дууаны калеген журген жеримизде айтып журеберсек болама жуап ушын рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Биреўдиң мүлкин жасырып алып кетиў дурыс ис емес екенин өзиңиз де жақсы билесиз. Ол китапты алғаныңызды ескертип қойың. Әлбетте, монша, ҳәжетхана ҳәм шығындыханаға уқсаған жерлерден басқа жерлерде зикир, дуўа, тилеклерди айтса болады, Қуранды иштен тәкирарлап жүрсе болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum hu'rmetli ustazlar! Sayyidul istig'fardin' ko'pshilikke aytiliwi qalay boladi jazip jiberseniz maselen ana abduka degen jeri nahnu ibaduka boladi dep esitipem solayma negizi? Juwap ushin aldinnan rahmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
Сәййидул истиғфар дуўасы
“Аллооҳуммә әңтә Роббий ләә иләәҳә илләә әңтә холәқтәний ўә әнәә ъабдук, ўә әнәә ъаләә әҳдик, ўә ўаъдикә мәстәтоъту. Әъуўзу бикә миң шәрри мәә сонаъту, әбуў`у ләкә би ниъмәтикә аләййә ўә әбуў`у бизәмбий фәғфирлий зунуўбий фәиннәҳу ләә йәғфируз-зунуўбә илләә әңтә бироҳмәтикә йәә арҳамар рооҳимийн”.
“Аллаҳым! Сен мениң Рәббимсең. Сеннен басқа илаҳ жоқ. Мени Сен жараттың. Шубҳасыз, мен Сениң бендеңмен. Күшим жеткенше Саған берген сөзимде турыўға ҳәрекет етемен. Я Рәббим, ислеген гүналарымның жаманлығынан Сеннен пана тилеймен. Маған берген неъматларыңды билемен. Гүналарымды да билемен. Я Рәббим! Мени кешир. Өйткени, Сеннен басқа мени кеширетуғын илаҳ жоқ”.
Дуўаның көплик көриниси: “Аллооҳуммә әңтә Роббәнәә ләә иләәҳә илләә әңтә холақтәнәә ўә наҳну ъыбәәдик, ўә наҳну ъаләә әҳдик, ўә ўаъдик мәстәтоънәә. Нәъуўзу бикә миң шәрри мәә сонаънәә, нәбуў`у ләкә би ниъмәтикә аләйнәә ўә нәбуў`у бизәмбинәә фәғфирләнәә зунуўбәнәә фәиннәҳу ләә йәғфируз зунуўбә илләә әңтә бироҳмәтикә йәә арҳамар рооҳимийн”
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум уа рахматуллаху уа баракатух. Махдум хазирет бир бирадарымыз ишинде хадис хам рауаятлары бар телефонды хажетханага алып кириу мункин депсиз хадис бар телефоннын ишинде әлбетте аятларда болыуы мункин. Мен бир кайсыдур рауаят та еситиуимше бармагында алла деп жазылған жузик болган бир киси хажетханага кирерде жузиксиз коретин болган. Кате тусинген болсам кешириниз.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың жуўабы усындай болған. Буған себеп, телефонның экраны өшик турғанда, олар көринбейди ҳәм жоқтың ҳүкминде болады. Бармаққа тағылған жүзиклерде Аллаҳ жазыўы болса яки аятлар болса, әлбетте шешип кириў керек. Себеби олар көринип турады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Хурметли Махдум мен банкте ислеймен. Банкте негизинде проценке ислейди хам усы проценттен түскен пайдаға айлык береди. Сорауым менде сутхор болып есапланаманба?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф бул сораўға: Уламалар процентке байланыслы болмаған ислерде ислеўге рухсат берген, деп айтқан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алеикум узтазлар. Алла ислериниздиң қайр берекетин берсин. Менин сорауым. Биз. Оз паигамбарымыздын атын атаганда изинен с.а.у деп аитамыз. Ал баска паигамбарлардын атын атаганда какдаи косымша косыуымыз керек. Жууап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әдетте басқа пайғамбарларға алайҳиссалам деген сөз ислетиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы