Сораў: Ассалаума Əлейкум Устазлар жума мубарек болсин мен сорауима толик жуап ала алмадим устазлардан толик жуап бериуинизди өтинип соранаман .Мəхкух дегенимиз не ?мисаллар келтирип жуап бере аласизба?куннин нурина исиган суга шомилиуга болмайма,синик жарик тускен кесе идисларда шай су ишкен мəхрухпа?алдиннан рахмет Алла колласин баршенизди
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мәкруҳ бул қайтарылған ис. Мысалы, жап-салмаларға шығынды таслаў, саўатлы адам бола турып саўатсыз адамның имамшылыққа өтиўи, намазда артықша ҳәрекетлер ислеў, таҳәратта көп суў ислетиў, оразада бир нәрсениң дәмин көриў ҳтб ислер. Бундай ислер арақ ишиў киби ҳарам емес. Бирақ дурыс та ис емес, ҳарам-ҳалаллық арасындағы мәкруҳ әмеллер. Пайғамбарымыз алайҳиссалам Қуяш нуры туўры түскен суўдан пайдаланыўдан қайтарған, сондай-ақ, сынық кеселерден пайдаланыўдан да.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум менын сорауым намаз окымайтын жыгыт бес уакыт намаз окыйтын кызга уйленуге болама. Жуап ушын рахмет алла разы болсын пазилет.уз жаматына.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте, мусылман ер менен мусылман ҳаялдың некеси бир-бирине түседи. Неке қыйылыўы ушын намаз оқыўы шәрт деген жери жоқ. Бирақ ҳәр бир өзин мусылман санаўшы адам, әлбетте Аллаҳға қулшылығын етиўи керек, буның ушын биринши нәўбетте бес ўақыт намазын жолға салып алыўы зәрүр. Айырымлар: мениң қәлбим таза, қәлбимде Аллаҳ бар, деп намазға итибарсыз болады. Аллаҳ буйырған исти қылмай турып, қалайынша, мениң қәлбимде Аллаҳ бар, деп айтыў мүкин?!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Hurmetli ustaz! Meniñ biliwimshe oraza tutip atirğan adam awzin ashqannan keyin bolsa da sigareт shekse orazasi qabil bolmaydi, sol kuni ash jurgeni qaladi. Al bazi qos tirnaq ishindegi aqillilar aytiwinsha sigaret shegiwge, naspay atiwğa boladi diydi. Sebebi olar taharatti buzbaydi. Men oz pikirimde qalaman, biraq diniy jаqtan juwabin aytsañiz. Jane " Ibadati islamiya" kitabin qaydan alsaq boladi juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мусылманшылықта шәрият ҳүкимлери тек ғана Қураны кәрийм, ҳәдиси шәрийф, саҳабалардың сөзлери, ижма, қияс ҳәм соларға уқсас дереклерден арнаўлы қағыйдалар тийкарында шығарылады. Бир адам нийет етип ораза тутса, таңнан шамға шекем оразаның әмеллерин қылса, оразасы шәриятқа көре дурыс болады, ал енди, аўыз ашқаннан кейин сигарет шегетуғын болса, бул иси ушын Аллаҳ тааланың алдында гүнакар болады. Өйткени бул қайтарылған ислерден. Бирақ аўыз ашқаннан кейин сигарет шеккенлиги себепли күн бойы тутқан оразасы дурыс болмайды, қабыл болмайды, деп айтыў дурыс емес. Өйткени ораза, намаз ҳәм соған уқсас әмеллердиң қабыл болыўын Аллаҳ таала ғана биледи. Шәрияттың көрсетпеси турғанда, өзимиздиң пикиримизди услап алыўымыз да дурыс емес. Ибадаты исламия китабы тез күнлерде диний китаплар сатылатуғын дүканларға тарқатылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум уа рахматуллаху уа баракатух. Сизге сорауым: Куяштын' нурынан жылыган сууга тахарат алып болмайма мысалы: Мен куптан намазына тахарат алатын болсам уйде тунде суу акпай калады сонинг ушин мен 150литрлык бачокка суу толтырып кояман хамде ол куяштын' нурынан ысып турады кеин сол сууга шомылып намаз окысак болама? Жууап ушын алдыннае рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қуяшта ысыған суўдан пайдаланыў айырым китапларда мәкруҳ, деп айтылған. Буған себеп, Қыяшта ысыған суўдан пайдаланғанда адамларда айырым тери кеселликлери келип шығыўы мүмкин екен. Илажы барынша суўды саяда сақлаған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma áleykum áziyz ustazlar! Meni bir soraw qiynap kelmekte. Geyde jumıs babında "qatere" degen narse ushırasadı. Geyde baslıq pálenshening jumısin pitkermesek bolmaydi. Erteň oģan da jumısimiz tusedi deydi. Solay etip jamiyetimiz rawajlaniwina keri isler de bolip tiradi. Qatere haqqında tusinik berseniz jayiz ba na jayiz ba? Shariyat ne deydi?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәр бир ис өз қағыйдасы менен болыўы тийис. Бул жерде айтылған қәтере пара исине жақынырақ ис. Өйткени бул еки истиң астында да жеке мәп жатыр. Динимиз бундай ислерден қайтарады. Бирақ айырым китапларда айтылыўынша, ол адам сол иске ҳақлы болып турса, бирақ айырым бир адамлар тәрепинен тосылып турған болса, сол ўақытта қәтере қылған тәрептиң иси жайыз болады, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу Алейкум Устазлар Сорауым договорга машина алыуга болама жуап ушын Рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Өз ара келисим менен алынса болады, бирақ төлей алмаса тартып алыў шәрти болмаўы керек. Үш тәреплеме келисим тийкарында алса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум менин жасым кырык уште еле некеден мусылманша отпедим енди отсем болама
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте өтиўиңиз керек. Егер шәръий некеден өтпеген болсаңыз, онда шәрият тәрепинен шаңарақ есапланбайсыз. Соның ушын илажын таўып шәръий неке оқытып алыўыңыз керек. Айырым адамлар жасымыз өтип кетти, деп уялып жүреди, оның орнына неке оқытпай жүргенине уялыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Qaraqalpaqlar qashan islam dinin qabil etken. Islamnan burin qaraqalpaqlar qaysi dinge siyingan?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул сораўды тарийхшыларға бергениңиз мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Men jumusta birewdin pitpey atirgan isine jardem berdim xalisan lillah tek sawap maqsetinde hesh narse dametpedim. Biraq ol waqtin ketti, kozingnin nuri ketti dep qoyarda qoymay qaltama pul salip ketti. Aweli xalisan lillah dep niyet qilip edim. Endi ol puldi paydalansam bola ma?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Otirik soylew guna ekenin bilip turip otirik soyley beremiz. Bul ushin qanday jaza bar o dunyada?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Өтирик сөйлеў – үлкен гүналардан бири. Өйткени, бул еки жүзлиликтиң белгиси. Айырым китапларда өтирик сөйлеўдиң гүнасы зина ҳәм урлықтың гүнасынан да үлкенирек, деп айтылған. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам: «Өтирикши мениң үмметим емес», деген. Усы гәптиң өзи ҳәр бир мусылманға үлкен ескертиўши болыўы лазым. Өйткени, Пайғамбар алайҳиссаламның үммети болыўдай бахыттан айырылыў, бул – усы дүньяда қылған ҳәмме ислери ҳабата болып, қыяметте жаманлар қатарына кирип қалыўға алып барады. Мусылман адам билип-билмей өтирик сөз сөйлеп қойған болса, ўақытты кешиктирмей тәўбе етиўи зәрүр. Оның ушын биринши нәўбетте, кимди алдаған болса, соған барып үзирин айтып, кеширим сораўы, бул исти қайтып ислемеўге ишинен әҳд етиўи, истиғфар айтыўы ҳәм изинен жақсы, саўаплы бир ис ислеп қойыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Хазир копшилик адамлар хадал менен харамнын паркын ажырата алмайды. Гейде базардан нарсе алыуга шубхаланып каламыз. Базардан алмасак баска жерден алалмаймыз. Бир жерге кыдырып барсак бизлер отырган дастурханда бир кун алдын базми жамшид болганын ойласам ол жерде отыргым келмей калады. "Сасык деп мурынды кесип таслай алмайсанг" дегендей Не кылсак болады енди?
Жуўап: Бул сораўда сәл асырып жиберипти. Ҳадал, ҳарамды ажырата алмайтуғынлар бар екени сыр емес, бирақ бул ҳәмме усындай екен деген жуўмаққа алып бармайды. Саўдагерлердиң арасында ықласлы, ҳадал адамлар да көпшиликти қурайды. Адамлар ҳаққында билмей турып жаман гүманға барыў да жақсы ис емес. Әўели өзимиз туўры болыўымыз керек, сонда Аллаҳ тааланың Өзи бизлерге туўры адамларды жолықтырып қояды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума аликум хазирет казы ийшанымызга бир сорауым бар еди. Мен араб тилин уйренип Куранды, хадислерди озим окып тусинсем деймен. Медреседе окыган балларга хауесим келеди. Менде окысам деймен. Бирак жасым отинкиркп кеткени ушын имканиятым аз. Жумыс ислеп бала шаганы багыу керек дегендей. Ал уш айлык курсларда тек куран уйретеди деп еситкенмен. Сонын ушын араб тилин теренирек уйрететин 1 жыллык ямаса 2 жыллык курслар ашылар ма екен деп умит етип журиппен.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәзирде Қураны кәрийм курслары менен бир қатарда Араб тили курслары да бар. Сондай-ақ, Қураны кәриймниң, ҳәдиси шәрийфлердиң, шәрият китапларының аўдармалары шыққан солардан пайдаланыўыңызға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алейкум, егер намахрамларга карау харам болса, уйленетин кызларымызды калай сайлаймыз, калай турин коремиз? Уйине хабаршы (саўшы) жибергеннен кейин ушрасып сойлесуге болады, бирак турмыс курмакшы болган жаслардын касында 3 адам болу керек деп еситтим. Уйине хабаршы жибермегенше кызга карамайтын болсак, хабаршы жиберип ушрасканнан кейин ол кыз унамай калса не болады? Ондай кылып 2-3 кыздын уйине хабаршы жиберип 1-кыз унамай калса 2-кызбен ушрасып журе алмаймызго, илтимас кенинен жауап берин, жауапларыныз дым кыска хам айрым жауапларыныз берилген сорауларга онша туры келмей атыр.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Дин ҳаққында, диндеги әмеллер ҳаққында, диндеги буйрық ҳәм қайтарықлар ҳаққында илимли адамлардан сораў керек. Ушырасқанда үш адам болыўы керек, делинбеген, ал маҳрамларынан биреўи болыўы керек, делинген. Қыз баланың маҳрамлары ¬ – әкеси, әжағалары, инилери, дайылары, әкесиниң әжаға-инилери. Көп адамлар: «Дин бойынша, алатуғын қызды тойға шекем көриўге болмайды», деп ойлайды ҳәм динге түрли дөҳметлерди атып жүреди. Негизинде тойдан алдын алатуғын қызды көриў бул – Пайғамбарымыз алайҳиссаламның буйрығы. Бирақ ҳәмме нәрсениң де өзине жараса шегарасы, әдеби болады. Қыз баланы көриў дегени, оның менен айлап ушырасып жүриў дегени емес. Ал маҳрамларының гүўалығында ушырасып, сөйлесиўине болады. Бунда қыз жигиттиң, жигит қыздың сөйлеўин мәмилесин, көринисин билип алады. Ҳәзирги күнде қызлар менен жигитлердиң еркин ушырасып кетиўи, айырым қостырнақ ишиндеги адамлардың айтқанындай шаңарақтың беккемлигине хызмет етпейди, ал негизинде шаңарақтың тез бузылыўына алып келеди. Өйткени еле турмыс қурмаған жаслар бир-бирине өзлерин тек жақсы ҳалда көрсетиўге урынады. Жигит қызды тек ғана жақсы ҳалында көреди, қыз да жигитти тек жақсы ҳалда ғана көреди. Екеўи де бир-биринен өзлериниң жаман ҳалларын жасырып көрсетеди. Бирақ бул узаққа бармайды. Өйткени тойдан кейин екеўиниң де жағдайлары билинип қалады. Нәтийжеде күйеў келинниң, келин күйеўиниң басқа өзи билмейтуғын ҳалатларын көреди. Бундай биймәни ушырасыўлардың орнына ата-аналары бир-бирлерин сорастырып, жасларды өз-ара шәрият рухсат берген жағдайда ушырастырып, соннан кейин ғана жасларды қосылса, келешекте беккем шаңарақ болады иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum! Sorawim tomendegishe meniň ajagam jaqinda qaytis bolip edi,endi magan uydegiler usi ajagamnin kelinshegine uylen dep atir. Ozim ele uylenbedim. Meni usi jagday oyladirip juripti iltimas usi haqinda maslahat berseniz ne qilsam duris boladi. Ilaji bolsa tezrek juwap berseniz iltimas.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әжағалардың ҳаяллары, яғный жеңгелер қайниси ушын намәҳрам есапланады. Егер әжағасы дүньядан өтсе, басқа намәҳрамлар қатары қайнисине де некеси түседи. Әлбетте, бунда өз-ара әдеттеги некелердегидей разылық талап етиледи. Егер екеўиниң биреўи разы болмаса, некеси дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma Aleykum pariz namazlarda qayta-qayta bir surelerdi oqiwg'a bolama, sunnettene.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Парыз намазда бир сүрени еки рәкәәтта да қайталаў мәкруҳ, деп айтылған. Сүннет намазларда мәкруҳ емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalmu aleykum !!! Hurmetli ustaz nekeni meshitte zagsten otpegen bolsada oqiyma?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәзирги күнде мешитте загс қағазды көрсеткен ҳалда неке оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум хазир гана жиберген хикметли созиниз хаккында айтпакшыман жумыс бериуши тарепинен хызмет корсетиушинин мийнетине жараса хакы толеу хаккында егер хызмет корсетиушинин жумыс бериуши мийнетине жараса хакы емес онын жумыс ислеу талапшанлыгын мунасип бахаланбаган шариатта кандай тусиниклер бар? Бул хаккында толык маглыумат берин илтимас
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ол гәп Имам Ғаззалыйге тийисли. Бунда жумыс бериўши жумысшылардың аўҳалына қараў керек екенлиги, жумысшылар баслықтың исине пикир билдириўи қыйын болғаны ушын, баслық ҳәмме ўақыт қырағы болыўы керек екенлиги, жумысшыларға берген ҳақысы дурыс болып атырғанлығыны бақлап барыўы зәрүр екенлиги түсиниледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум Устазлар! Аллах Таъала Сизлерге күш қуат берсин. Шариъатта инсан тууылған кунин белгилеу надурыспа? Жууап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул сораў марҳум устазымыз Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтен соралғанда, ол киси: «Бул ис бизлердиң динимизде жоқ. Яғный, туўылған күн нышанлансын, деген көрсетпе жоқ», деп жуўап берген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalomu alaykum.Menda bitta savol bor edi.Odam hojatga chiqqandan keyin qoʻlini yuvmay yoʻlda ketayotsa bir tandirda non yopayotsa o'ziga nonni solib yuborsa uni yesa bo'ladimi?Javobingiz uchun oldinda rahmat.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қол жуўыў бул сүннет әмел. Пайғамбар алайҳиссаламның үмметимен деген ҳәр бир мусылман адам дәретке шыққаннан кейин қолын жуўыўы лазым. Сондай-ақ, нан ямаса басқа да тағамлық затларды жеўден алдын қол жуўыў да сүннет әмел. Илажы барынша, қолды жуўмастан тағамлық затларжы жемеў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. nokiste 3 ayliq quran oqitiw kurslari ashildi dep oqip edim. sorawim jilina 1 ret qabillayma oqiwga yamasa 3 ay pitkennen keyin kelesi ayda tagi qabillaydi ma oqiwga jane juwap ushin raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 3 ай питкеннен кейин және қабыллайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы