Сораў: Ассалаума алейкум устазлар. Калбаса хəм сасиска өнимлеринен пайдаланыуға болама? Биреулер болады дейди, ал айырымлар болмайды дейди. Арасында шошқаның майы бар дейди. Жууап ушын алдыннан рахмет. Алла ыразы болсын.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятта көрсетилген ҳадал жоллар менен исленген болса ҳадал болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалауму алейкум!Тажвид коидалари китабында "م" белгисинде вакф кылыу вожиб деп корсетилген.Сорауым Оли Имрон суресинин бир неше аятларында "م" белгисин ушыратамыз, сонын ишинде 115 аятында усы белги аят сонындагы бир созден алдын келген.Илтимас усы аяттын калай окылыуын айтып отсениз жууап ушын рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. "م" бундай еки түрли белги бар. Биреўиниң астына түсетуғын сызығы жоқ, ал екиншисинде бар. Сол пәске түскен сызығы жоқ "م" белгисинде тоқтаў керек. Ал сызығы бар "م" белгисинде нун ҳәрибин мим ҳәрибине алмастырып оқыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Xaliqta mamelek aylandirdi yamasa suwlarda suw periler bar dep isenedi. Bularda jinlerdin bir turi me?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жинлердиң нашары «Пери», деп аталады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу Алейкум куннин нурына жылыган суга тахарат алып намаз окыуга болама ??
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қуяш нурында қалып, ысыған суўға таҳәрат алыў мәкруҳ, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalauma alaykum ua Rohmatullohi ua barokatuh. Domla Allah sizden razi bolsin. Bir sorauim bar edi. Ne ushin medresege tapsiratug'inlar 11klassti pitkergen boliui kerek?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәр бир жерде өзине жараса қағыйдалары, ишки нызамлары болады. Өзбекстан Мусылманлары басқармасында, өзина қараслы бәрше орта арнаўлы ислам билим журтыларына тапсырыўшылар ең кеминде усы жасқа толған болыўы еңгизилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу Алейкум Устазлар сорауым Кредит алыуга Кредитке зат алыуга болама буган Жуап ушын Рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қарызға алынған нәрсе, ўақыттың өтиўи менен өсиўши болса, онда дурыс болмайды. Лизинге уқсас үш тәреплеме шәртнама дүзилген болса, биринши тәреп сатыўшы, екинши тәреп алыўшы, бирақ алыўшыда пул жоқ, үшинши тәрепте пул бар. Усындай жағдайда, үшинши тәреп биринши тәрептен сатып алып, екинши тәрепке үстине қәлеген пулын қойып сатса, дурыс болады. Бул әпиўайы саўда есапланады. Бирақ бунда да шәрият белгилеген шегарадан шықпаў керек, яғный шәрият белгилегеннен артықша дурыс емес шәртлер қоймаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Мен тан намаз окыуды бир ай алдын басладым хазир барлык созлерин ядлап алсам да бир танларда алжасып калган уактымда узурди кабыл етиуин сорайман, бул каншелли тууры? Бул хаккында дурыс маглыумат берсениз?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала мүбәрек етсин, даўамлы болсын. Намазда адасып қалынса, тәшәҳҳудтан кейин сәждәи сәҳў қылыў керек. Әлбетте, намаздан кейин Аллаҳ таалаға дуўа еткенде, намазын қабыл етиўин, ибадатын кәмил етип ада етиўди несип етиўин сораўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! устаз сорауым томендегише. Намазға, Курьанды уйрениуге ыкласым кушили. Ен баслы нийетим мийнет дем алысына (пенсияга)га шыксам намаз окыу. Бирак соган шекем кандай а'меллерди кылып жургеним макул? Алдыннан рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ислам – жеңиллик дини, ҳеш кимге тақатынан артық исти жүклемейди. Соның менен адамды туўрылыққа қарай адымлаўға үйретеди. Намазды улыўма оқымай жүргеннен, ең қурмағанда, үйиңизде болған ўақытларыңызда, яғный таң ҳәм қуптан намазларын оқығаныңыз абзал. Қалған намазларды да оқыўға ҳәрекет етиў керек. Намазды билип турып қаза еткен адам да, умытып қаза еткен адам да, қазасын оқыўы керек. Айырым адамлар мийнет дем алысына шықсам намаз оқыйман, деп ойлайды. Бирақ Аллаҳ таала кимге қанша өмир бергенин ҳеш ким билмейди. Адам баласы Аллаҳ тааланың бендеси болғанынан кейин, әлбетте бендешилигин ислеўи керек. Қуран мәселеси де усындай.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаўма әлейкум! Мениң сораўым: Мен өзим билетуғын еки сүрени зияратлар, лазым ямаса мийманда астан соң оқылғанда көп адамларда ҳәр қыйлы талаффуз қылынғанының, сөзлериниң бузып айтылғанының гүўасы боламан. Бул нәрсе жаизба ямаса гүна есапланама? Жуўап ушын алдыннан рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Негизинде Қураны кәриймди билип турып бузып оқыў гүна. Бирақ, таҳәрат жоқта таяммум етилгениндей, Қуранды толық дурыс оқып билмеймен, деп таслап қойыў үлкен қәте ис емес, қолдан келгенше, имканияты барынша дурыс оқыўға ҳәрекет етиўи керек. Дурыс оқыўды билгенлер де, қәте оқығанларға, сеники дурыс емес, енди сен Қуран оқыўыңа болмайды, гүнакар боласаң, деп оған қәте жол менен дәкки бериўи де дурыс емес. Қураны кәриймди қәте оқып жүргенлерге, оның абройын түсирмейтуғын дәрежеде оның қәте оқып жүргенин түсиндирип қойыў керек. Ҳәзирги күнде Нөкис қаласында, ер кисилер ушын да, ҳаял-қызлар ушын да Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курслары ашылған, 18 жасқа толған қәлеген Өзбекстан Республикасы пухарасы келип бул курсларға қатнасыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum Meshitke barip neke kestirse bola berema uylengen shanaraq bolsada
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте. Некени тойдан алдын қыйдырыў керек. Бирақ қайсы бир себепке көре ямаса неке ҳаққында хабары болмастан бала-шаға болып жасап кеткен болса, кейин ала, неке ҳаққында билген ўақытта қыйдырып алыўы керек. Енди жасымыз өтип кетти, деп бул иске итибарсыз қарап болмайды. Өйткени, шәрият некеси қыйылмаған болса, шәрият нәзеринде олар еле шаңарақ есапланбайды. Сондай-ақ, балалар туўылғанда қулағына азан айтылмаған болса, оны да кейин ала, қылса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: ассаламу алейкум устазлар. сорауым сапар намазы қалай оқылады? қаза намазы қалай оқытады? жауап ұшын рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сапарда төрт рәкәәтлы намазларды еки рәкәәт етип, қысқартып оқылады. Қаза намаз ушын нийет еткен қаза намаз екени айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum! istig'far sozinin manisi manisi ne ? juwap ushin raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Истиғфар сөзликте кеширим сораў мәнисинде. Бенде турмыста билип-билмей жүдә көп гүналарды қылып қояды. Бул гүналарды жуўыў ушын Аллаҳ таала бенделерине жеңил жолларды көрсеткен. Әне сол жоллардың бири истиғфар айтыў. Истиғфар «Әстәғфируллооҳ», сөзин айтыў менен болады. Пайғамбарымыз алайҳиссаламның өзи күнине жетпис мәрте истиғфар айтатуғын екен. Солай екен, биз мөмин-мусылманлар истиғфар айтып жүриўге әдетлениўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум хурметли иймамлар. Мен агамнын кабиринин басына барсам ол менин келгенимди билеме? Жууап ушын рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәдиси шәрийфте, марҳум адам барған адамлардың аяқ даўысына шекем еситеди, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum menin sorawim sonan ibarat Hazirde Er adamlardin Medresede oqiytugin Imkaniyati bar.Hayal-qizlar oqiytugin onday oqiw orni joq qashan ashiladi eken...
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Туўры, ҳәзирде Нөкис қаласында жайласқан, Қарақалпақстанда бирден-бири диний оқыў орны бар, бирақ бул тек ер-жигитлерди ғана қабыл етеди. Қарақалпақстан Республикасында қыз балалар ушын диний оқыў орайы елеге шекем ашылмаған. Бирақ быйылдан баслап араб тили ҳәм Қураны кәрийм курслары шөлкемлестирилген. Усы курсларға ҳаял-қызлар да қатнасса болады. Дуўа етип турсаңызлар ҳаял-қызлар ушын орта арнаўлы ислам билим журтлары да шөлкемлестирилип қалады, иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум менин сорауим мəкрух дегенимиз не?сони айтип берсениз алдин ала рахмет уси группа аркали билмегенлеримизди билип уйренип атирмиз рахмет баршенизге Алланин нури жаусин.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мәкруҳ – Ислам дини қайтарған әмел. Мәкруҳты ислемеген адам саўапқа қалады. Ал ислеген адам қыяметте Аллаҳтың азабына қалыўы мүмкин. Оны ислеген адам мусылманшылықтан шығып кетпесе де, гүнакар болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум сизге сорауым бар еди мен оразаны 22кун кеш усладим ораза услап журген уактимда хайт байрамында усламадим хайт куни ораза услауга болмайтын екен енди сол хайт куни тутпаган оразага хазасын тутамизба яки тутпасак болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сораўыңыз түсиниксизлеў болыпты. Егер оразаны 22 күн услаған болсаңыз, онда қалған 7 күн қаза ораза тутыўыңыз керек, өйткени быйылғы Рамазан 29 күнлик болды. Егер 22-күннен баслап тутқан болсаңыз да, қалған күнлериниң қазасын тутыўыңыз керек. Ҳайыт байрамы күни ораза тутыў мүмкин емес. Ораза тутыў мүмкин емес күнлердиң қазасы да болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум усы сайттынг ашылганына рахмет Алла разы болсын сизлерден сизге сорауым бар еди мен сорау калай жиберетинди бугин билип атирман сол ушын ораза айында бере алмаган сорауларимди берип атирман. сорауым: Мен хар куни сагат 15:30 да дари ишип журер едим хазир 1 жылдан отти ишип жургениме менде гепатит б кесселиги бар еди бирак мен ораза усладим дарини аш карынга ишиу керек еди биреулер болады деп еди егер ден саулыкка пайдасы тийсе хар куни 15 30да дари ишиу ушын азмаз суу ишетин едим ораза бузылып кетпеитин беди илтимас сол хаккында тусиник берсениз жууап ушын алдиннан рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала ықласыңызды буннан да зыяда етсин. Оразаңыз дурыс болмаған. Таң атқаннан Қуяш батқанға шекем бир уртлам да суў ишиў мүмкин емес, ҳәттеки дәри ишиў де. Булардың ҳәммесин аўыз ашқаннан кейин ишсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum wa rahmatillahi wa barakatul. Hurmetli ustaz! Tañ namazdan keyin quyash tikke koterilemen degenshe hesh qanday namaz, dua qabil bolmaydi diydi. Jane esitiwimshe tañ namaz oqip bolğannan keyin Ihlas sresin oqiğan sawap boladi diydi. Bulardiñ qaysisi duris. Juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Таң намаздан кейин Қуяш бир найза муғдары көтерилемен дегенше нәпил намаз оқыў мәкруҳ. Бирақ қаза намазларды оқыса болады, сондай-ақ, дуўалар, зикирлер айтып отырыўға да болады. Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Ҳәр бир кеште ҳәм ҳәр бир таңда үш мәрте «Қул ҳуўаллоҳу аҳад»ды ҳәм еки «Қул әъуўзу»ды оқысаң, ҳәр бир нәрсеге жетерли болады», деген. Яғный, бул сүрелердиң пазыйлетинен аманшылық, берекет болады деген мәниде. Бул ҳәдистен басқа да, жүдә көплеп ҳәдислерде Ихлас сүресиниң пазыйлети айтылған. Сүрелер, дуўалар, зикирлер күнниң ҳәмме бөлегинде айтылса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому аллейкум! Менин сорауым, куйеуин менен урысып ашыу устинде телефоннан уш талак деп бир марте айтылса, уш талак болып есапланама? Жууап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Талақ бул – шынтлы қаралатуғын мәселе. Сиз бул мәселеде Қарақалпақстан Мусылманлары басқармасына келип хабарласыўыңыз керек. Өйткени талақ мәселесинде, алдын толық үйренилип шығылыўы лазым. Аллаҳ таала талақ етиўди ер адам ушын қылып қойды. Бирақ бул дегени, ер адам ҳаял адамнан дене тәрептен күшлирек болғаны ушын емес. Ал ер адам әдетте ҳаял адамларға қараған басықлаў болғаны ушын. Айырым ер адамлардың шаңарақта балаларына беретуғын тәрбиясы кем болғанлықтан, олардан тарқалған балалар тәрбияны көшеден үйрениўге мәжбүр болмақта, бул жүдә қәўипли жағдай есапланады. Өйткени еле ақылы дурыс раўажланбаған бала көшеде кимнен тәрбия алады. Соның ушын ҳәр биримиз ең қурмағанда өз перзентлеримизге туўры тәрбия бериўимиз керек. Қызларымыз ийбели болсын, улларымыз басық болсын. Перзентлеримиз неке муқаддес байланыс екенин сезинсин. Некени бузыў менен Аллаҳтың ғәзебин келтиретуғынын сезинсин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Жума мубарек баршеге! Намаз окыган хаялдын барлык жери жабык болыуы намаз уактында алла таалага хурмет белгиси есапланама? Онын баска кандай ахмийети бар? Бул хаккында толык маглыумат берсениз. Себеби хазирги заманагой хаяллар ишинде дым ашык киймеседе мадениятлы кийинип журетугынларыда бар. Намаз окыган хаялдын кийиниу мадениятынын олардан кандай паркы болыуы керек? Жууап ушын рахмет! Мен озим хамме катары мадениятлы хам апиуайы хам заманагой кийиниу инсаннын кеулиндеги нийетинен ахмийетли деп ойламайман.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намаздың дурыс болыўы ушын 12 парыз әмел бар, солардан алтаўы шәрт делинеди, яғный намаз оқымақшы болған адам алдын алты шәртти орынлаўы лазым, солардан биреўи қасдтан орынланбаса, намазы дурыс болмайды. Олар: 1. Таҳәратлы болыў, 2. Әўрети пәк кийим менен жабық болыўы, 3. Намаз орнының пәк болыўы. 4. Ўақтында оқыў, 5. Қубла, 6. Нийет. Усы саналған алты шәрттен биреўи әўретин жабыў, Ҳаял-қызлардың әўрети жүзи, алақанлары буўымына шекем ҳәм еки аяғының тобығынан пәс жеринен басқа ҳәмме жери әўрет есапланады. Намазда усы жерлери жабық болыўы намаз шәртлеринен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы