Сораў: Assalawma alikum ustazlar bir sorawim bar edi. Men bir kunlik namazlarim qaza qalip qoyip atir yagniy 5 waqit ertenine qazasin oqiymanba ya taza kunnib namazin baslap ketemenba eger oqiytin bolsam budan aldingi yagniy 5 waqit namaz oqimastan aldingi namaz orazalrimninda qazasin otep bermenba iltimas usi sorawima juwap berseniz ilaji barinsha tezrek
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қаза болып қалған намазлар оқылыўы керек. Бирақ қаза намаз оқыйман деп сол күнги намазды да қаза етип алыў дурыс емес. Илажы барынша тезирек қаза намазларды оқыў керек. Оразалар да сондай.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ustazlar qassap mal soysa guna ma guna emespa yagniy mal soyip satatin bolsa
Жуўап: Яқ, ҳадал етип мал шалыў саўаплы ис. Буның артында пүткил халықтың алқымы турады. Соның ушын бул истиң шәрият белгилеп берген шегараларын үйренип алыўы зәрүр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: 1. Qaza bolgan kunlerin kun ara bir kun tutip ya qalegen kunler tutip juriwge bolama? 2. Tanda uyqilap qalip quyash shigip ketken bolsa awiz jabiw duasin oqip jawila berema
Жуўап: 1. Қаза оразаларды да, қаза намазларды да илажы барынша ертерек ада етиў керек. Бирақ бул дегени, ҳәмме нәрсени қойып, қаза намаз ҳәм қаза ораза менен бәнт болып қалыў дегени емес. Қаза оразаларды да, қаза намазларды өз имканиятыңыздан келип шығып, басқаларға да, өзиңизге де қыйыншылық туўдырмайтуғын жағдайда ада етиўиңиз мақул жол. 2. Аўа. Қайсы бир себепке көре уйқылап қалған ямаса аўызын жаўмаған адам заўалға шекем, яғный Қуяш тик ҳалға киргенге шекем нийет етип алса оразасы дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Medrsege tapsiriw ushin qaysi panlerden tayarlanaman.Juwab ushin aldinnan ramet
Жуўап: Медреселерге тапсырыў ушын Шет тили (111,6 бал), Мәнаўият ҳәм мәрипат (75,6 балл), Тарийх (39,6 балл) пәнлеринен таярланыўыңыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Bir sorawim bar edi siz joqarida aytip otiniz oqilmagan jildinda namazi oqiladi dep men esaplap koruwim ushin neshe jasimnnan baslap esaplawim kerek men namazimdi 24 jasimnnan basladim, orazamdi ne? Juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Балаған жасына жеткен жылыңыздан есаплайсыз. Ер адамлар әдетте12-15 жаслар арасында балағатқа жетеди, қыз балалар 9-12 жаслар арасында балағатқа жетеди. Демек сиз балағатқа жеткен жылыңыздан баслап арада оқылмай қалған жылыңызды есаплап, қаза намазларыңызды оқыўды жолға қойып алсаңыз, қалғанын Аллаҳ тааланың Өзи жеңил қылады. Ортадағы сапар күнлериңиздиң намазларын қаср етип қаза оқыйсыз. Ораза да усы тақылетте есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум хурметли казы жаноблары! Мени бир сорау кыйнап киятыр. Мен бир жерде киши лауазымда ислеймен. Пара алыудын харам екенлигин билгеннен кейин бул ислерди токтатканман. Шанарагымды хадал касип пенен багыуга харекет кыламан. Бирак баслык "паленшелердин исин питкерип жибер" деп мажбурлейди. Албетте ол бунын астында пара бар екенлиги малим. Усындай уакытта кандай жол тутыу керек? Егер баслыктын айтканын кылмасам жини маган тусиуи анык.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пара алыўдың ҳарам екенлигин, Аллаҳ таала пара алғанның исин дүньяда да, ақыретте де оңламайтуғынын, сол алған азмас пулы есеси менен шығып кетиўин түсиндириң. Ҳәр бир мусылман ҳадал кәсип излеўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum.Menin sorawim bes waqit namaz oqip jurip namaz oqimaytin joralarimiz benen toylarda kafelerde otiriwga dinimiz qalay qaraydi. Misali: ozim ishpey solarmen otiriw juwap ushin raxmet alla razi bolsin in sha allah.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Айырым китапларда арақ ишкен адам менен бирге отырыў арақ ишкеннен де үлкенирек гүна деп айтылған. Бирақ ҳеш ўақытта арадағы силаи раҳмды үзбеў керек. Өйткени, «ким силаи раҳмды үзсе, оның менен Мен байланысымды үземен», деп Аллаҳ таала айтқан. Соның ушын туўрылықты түсиндириў лазым. Аллаҳға шүкир, ақырғы жыллары тойларда да әдеўир ишиўшилик азайғаны сезилип тур, спиртли ишимлик қойылмайтуғын тойлар да көпшиликти қурайда. Мусылманшылықта өзине рәўа көрген исти басқаларға да рәўа көриў керек екенлиги айтылған. Биз басқа жора-жолдасларымызды да, ағайин-туўысқанларымызды да тойларында, спиртли ишимлик қоймай берекетли етип өткериў керек екенлигин түсиндириўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Namazda ortadagi sapar kunleriniz dep qoyipsiz sapar kun degeni ne tusinbey qaldim
Жуўап: Өзи жасап турған жерден сапар қашықлығындай жерге сапар етип шыққан күнлери. Бунда сапар қашықлығы үш күнлик сапар қашықлығы, баратуғын жеринде 15 күннен кем турыўды нийет еткен болыўы керек. Мысалы Ташкент қаласына жумыс барысында барыўға туўры келип қалды, ол жақта бир ҳәпте турасыз. Демек, сол бир ҳәпте парыз намазларыңыздың төрт рәкәәтлыларын еки рәкәәт етип оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Алладан баска куш куат жок. Тек Алладан коркыу керек. Егер Алладан баскп нарселерден корксак Аллага ширк келтирген боламыз ба?
Жуўап: Қорқыў дегени улыўмалық түсиник. Мысалы, алдымыздан бир ийт шығып қалса да, қорқып кетемиз ямаса баламыз жолға жуғырып шықса да қорқып кетемиз. Соның ушын Аллаҳдан басқа нәрседен қорқыў ширк болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum namazda fatixadan keyin iqilas penen kausar suresin oqip yagniy fatixadan keyin eki sure bilemen solay bes waqit oqiwga bolama yamasa odanda koplew sure biliw kerekpa ol eki sure hazirshe, keyin kobeytiwge harereket etemen juwap ushin raxmet alla razi bolsin.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Еки зам сүре намаз оқыўға жетерли. Бирақ қалғанларын да тез арада ядлап алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Жума мубарек болсын. Мына ислеринизге Аллах Таъала барака берсин. Сорау: Кошеден сатып алынган духиди Кийимге, денеге себиу дурыс болама, нажас болмайма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Илажы барынша хош ийисли нәрселерди сеўип жүриў лазым. Заманлас уламалар: «Хош ийисли нәрселердиң хош ийисин услап турыў ушын қосылған спирттиң зыяны жоқ, бундай әтирлерди ислетиў жайыз», деген. Итибарыңызға Қуўайттағы «Тиббий Илимлар Исламый орайы» өткерген илимий әнжуман қабыл еткен шешимнен келтиремиз: «Тиббий мәниде ҳәм тиббий нийетте таярлап қойылған спиртлерди ийиси жақсы болатуғын әтирлер ушын ислетиў жайыз. Өйткени бул жердеги әтирге қосылатуғын айырым бир затлар тек сол спирт пенен ғана ерисилиўи мүмкин. Сондай-ақ, базы бир кремлерге де усы нәрсе ислетиледи. Бул ишилетуғын, мәс етиў ушын таярлап қойылған арақ ҳүкимине кирмейди. Бирақ, алкогол нәрсе мәс етиўши нәрсе болғанлықтан, оны ишиў улыўма ҳарам». Ислетиў жайыз болған нәрсени сатыў да жайыз болады. Бул мәнидеги пәтўалар жүдә көп.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Barshenʼizge densawliq tileymen. Sorawim paygʼambarimiz Muxammed s.a.v qashan tuwilgʼan. Yagʼniy qaysi ay haʼm saʼne. Juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Миләдий есап пенен 570 яки 571 жылы 20 апрел күни.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Ҳаяллар ушын маҳрамлар кимлер?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: Сен мөмин ҳаялларға (да) айт: «Көзин (намәҳрәм еркеклерге қараўдан) сақласын, әўретин (зинадан) қорғасын! Сондай-ақ, (әдетте) көринип турғанынан басқа зийнетлерин көрсетпесин ҳәм орамалларын көкирегине түсирип алсын! Зийнетлерин күйеўлери, әкелери, қайнаталары, балалары, күйеўиниң балалары, аға-инилери, аға-инилериниң балалары, апа-сиңлилериниң балалары, (өзлери киби) ҳаяллар, қол астында мүлик болған (шоры)лар, (ҳаяллардан) бийқәжет (қартайған, хунаса ҳәм ақылы жоқ) еркек хызметшилер, ҳаяллардың әўретиниң парқына бармайтуғын жас балалардан басқаларға көрсетпесин! Жасырын зийнетлерин билдириў ушын аяқларын (жерге) урмасын! Ҳәммеңиз Аллаҳға тәўбе қылың, ҳәй мөминлер! Қәнекей, (сонда) утысқа ериссеңиз». “Нур” сүреси 31-аят. Ислам үмметиниң бахыт-саадатқа ерисиўи ушын бәрше нәрсени толық баян етип берген Қураны кәрийм ҳаяллардың зийнетлерин көрсетиўи мүмкин болған өмир жолдасынан басқа да маҳрам еркеклердиң улыўмалық ҳүкиминен айырым адамларды ажыратады. Буның ҳикмети, аятта зикир етилген еркеклер менен ҳаял кисиниң көп мәмиледе болыўы зәрүрлигинен. Ҳаял ушын күйеўинен басқа бул зикир етилген еркеклердиң некеси түспейди. Демек, ҳаял ушын маҳрамлар төмендегилер. 1. Күйеўи. Зийнетлерин еркин ҳалда ашып жүриўи мүмкин болған биринши еркек бул ҳаял ушын өз өмир жолдасы; 2. Әкеси, атасы. Ҳаял-қызлар өз әкесиниң алдында да биймәлел жүриўи мүмкин. Бунда, әкеси, атасы, бабасы қанша жоқарыласа да парқы жоқ, сондай-ақ сүт әкелери; 3. Қайнатасы; 4. Өз уллары, ақлықлары, күйеўиниң басқа ҳаялларда балалары болса олар да, сондай-ақ сүт балалары; 5. Әжаға-инилери. Ана бир әжағасы яки иниси болсын ямаса әке бир әжағасы яки иниси болсын парқы жоқ, сондай-ақ сүт әжаға-инилери; 6. Жийен-инилер, әжапасы ямаса сиңлисиниң балалары яки әжағасы ямаса инисиниң балалары; Көринип туратуғын зийнетлерге ҳанафий мәзҳабында ҳаялдың жүзи, еки алақаны ҳәм еки аяқларының тобығынан төменги бөлими киреди. Бул орынларды жаўып жүриўде ҳаяллар ушын қыйыншылық бар. Ал, қыйыншылық шәриятта үзирлерден есапланады. Мәликий мәзҳабында да сондай. Шафиий ҳәм ҳанбалий мәзҳабларында ҳаял адамның жүзи, еки алақаны ҳәм еки аяғының тобығынан төменги бөлими де әўрет есапланады (Мх.). Көрсетилиўи қадаған етилген «зеб-зийнетлер» дегенде – сырға, билезик, моншақ сыяқлы тағыншақлардың өзи емес, ал олар тағылатуғын орынлар нәзерде тутылған. Яғный, қулақ, мойын, көкирек, билек ҳәм аяқлар (Мд.).
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум 3 жагдайда отирик сойлеуге болады екен 1 урыс болып атканда елинди куткарып калыу ушын 2 шанарактты саклап калыу ушын 3 еки адамды жарастырыу ушын екен. Менин сорауым бир Адам менен айтысып урысып калмау ушын отирик сойлесиуге болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жоқарыдағы үш жағдайда өтирик сөйлесе болады, деген гәп ҳәдиси шәрийфте келген. Бирақ бул үш ҳал арнаўлы жағдайларға тән. Мысалы, урыс ҳалатында ўатанды сақлаў ушын өтирик сөйлеўге болады, дегени бул урыс ҳалатында да мен улыўма өтирик сөйлемеймен, деп ўатанының сырларын биймәлел айтып жүриўшилерге қарата айтылған гәп. Ал оннан кейинги еки ҳалатта адамлардың арасын дүзетиў мақсети бар. Мысалы бир адам екинши бир адамды жаманлап келсе, оның жақсылықларын айтып, екеўиниң арасын жарастырып жибериў ҳәм усыған уқсас ислер киреди. Солай екен, бул ҳәдисти дәлил етип, биймәлел өтирик сөйлеп жүриў, бул ҳәдисти өз мәнисинен басқа мәниске бурмалаў болады. Өйткени өтирик сөйлеў үлкен гүналардан. Пайғамбарымыз алайҳиссаламнан өтирик сөйлеў ҳаққында соралғанда. Ол киси: «Мөмин адам өтирик сөйлемейди», деп айтқан ҳәттеки бул сораўға ашыўланғаннан жүзлери қызарып кеткен. Және басқа ҳәдиси шәрийфлерде Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Өтирикши мениң үмметим емес», деген. Соның ушын бул мәселеде жүдә абайлы болыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Keshegi jumada imam jaslar kalima shadatti bilmeydi dep kuyinip aytti. Ata anasi uyretiwi kerek dedi. Al eger ata anasi ozi bilmese ne? Olarga kim uyretedi. Qullasi ayta jagim 70 jilliq sovet dawirinde xalqimiz dinnen uzaqlasip ketti. Adamlardin qalbinde manawiy bosliq payda boldi. Sonliqtan burin esitip kormegen jinayatlar payda bolmaqta. Onin ustine qalaberse batistan kirip kiyatirgan galabaliq madeniyat. Islamdagi harqiyli agimlar... Haqiyqiy islamdi qaytip uyrense boladi?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәҳәдат кәлиймасын билмеген тәғдирде де муқаллид мусылман есаплана береди. Ҳәзирги күнде журтымыз уламалары тәрепинен жүдә көплеп диний китаплар баспадан шығарылып атыр. Адамлар өзлериндеги сол мәнаўий бослықты китап оқып толтырыўы зәрүр. Сонда ғана ҳақыйқый исламды түсинеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устаз. Ата-аналарымыз күн батқанда уйқылама дейди. Намазшамнан кейин азырақ босасып 30-45 минуттай уйқылап алсақ болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намазлыгер ҳәм намаз шам ўақытларында уйқылаў мәкруҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалауама Алейкум сизге Алла куш куат берсин жуап ушын алдыннан рахмет.Мен 32жастаман намазханман Алла талама коп Ибадатлар кыламам. Сорауым Мешитке ҳаял-қызлар да барып, ибадат етиўине рухсат бар ма, зикир айтып отырыўына да? Сорауым жане бир:Рамазан айынын оразасын туттым Хайз болып 4куним каза болды Казир Шавал айынын 6кунлик Оразасын тутып атырман Рамазан айында каза болган Оразамды кай уакытка шекем тутып берсем болады
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мешит бул халықтың мүлки. Халық оны қурады, халық онда ибадат етеди, халық онда Аллаҳты зикир етеди, халық оннан пайдаланады. Бунда ҳеш кимге тосқынлық жоқ. Шәўўәл айының алты күнлик оразасы нәпил ораза есапланады. Ал Рамазан айының оразасы парыз ораза. Шәўўәл айында парыз оразаның қазаларына нийет етсеңиз, парыз оразаның да, Шәўўәлдың нәпил оразасына да ерисесиз. Бунда парқы тек нийетте. Өйткени парыз ораза мойындағы қарыз ибадат есапланады, ал нәпил ораза қосымша ибадат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Кунделыклы уй хайуаны болган ит саклауга дынымыз калай карайды быреулер болмайды дейды ал быреу уйдын ышынде сакламасан болды дейды. Дастурымызде ит адамнын досы деген созде бар быр жагынан мены усы ой мазалап жур кенырек тусындырып отсеныз ? Жуап ушын рахмет алла разы болсын.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәдиси шәрийфте: «Ийт бар үйге ҳәм сүўрет қыстырылған үйге периште кирмейди», делинген. Ийтлерди тек ғана мүтәжлик ўақытларда сақласа болады, мысалы, қой ҳәм соған уқсас шарўаларды баққанда, қорықшылықта, ийттиң сезиўшеңлигинен пайдаланатуғын кәсиплерде ҳәм соған уқсас орынларда. Бирақ, сулыўлық ушын яки басқа халықларға еликлеп яки ҳеш бир мақсетсиз үйде, үй әтирапында ийт бағыў дурыс емес. Мүтәжлик болмағанда ийтти бақпаў керек, дегени бул сол ийтти азаплап өлтириў керек, дегени емес. Мусылман адамның тири жанға азар бериўи дурыс болмайды. Әдетте ийт пенен жүдә көп патаслықлар ерип жүреди, бунда көбирек адамға зыяны да болады. Ийт жалаған ыдыс жети мәрте жуўылыўы керек ҳәм сол жети мәртениң биреўинде топырақ пенен ысқаланыўы керек, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Ижаза дегенимиз Не?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ижаза сөзликте «Рухсат бериў», мәнисинде. «Ижаза» – бир илимди устаздан үйренип болып, оны үйретиўге руқсат алыў қағазы. Әдетте, қирәәт илиминде сабақ бериў ушын ижаза талап етиледи. Буннан басқа илимлерде де, ижаза бериў жолға қойылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alikum ustazlar sorawim bar edi qosiq aytiwga bolmayma
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бузықлыққа шақырыўшы, адамлардың арасына кек салыўшы, ўақытты бийкар өткериўши, мәниссиз қосықлар мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы