Фото

Ҳизбут-таҳрир – муқаддес ислам динимизге қарсы ағым

06 Март, 2024 77

Ҳизбут-таҳрир ағымы 20-әсирде Ислам душпанлары тәрепинен мусылман жәмийетлерин бөлеклеп таслаў ушын қурылған диний-сиясый ағым есапланады. Басшылары тийкарынан батыс еллеринен пана тапқан бул ағымның тийкаршысы Тақиюддин Набaҳаний (1909-1977) болып, ол 1948-жылы топарға тийкар салған.

Ағым ағзаларының итиқадлары бир топарда болса да бир-биринен әдеўир дәрежеде парықланады. Мәзҳабсызлыққа қатты берилген. Тийкарғы мақсети – Ислам халийфалығын қайта тиклеўге ҳәрекет етиў ҳәм усы ҳәрекетте бирлесиўге үгит-нәсиятлаў болып есапланады. Бул олардың ең зәрүр ақийдалық ҳәм әмелий жумысы болып, тап олар ушын халыфалық дүзиў намаз, ораза, зәкат ҳәм ҳад киби Ислам сүтинлеринен де әҳмийетлирек түс алған.

Халифалықты ўайран қылған себеплерди үйренип сол себеплерди туўырлаў ҳәм өз нәпсилерин дүзиўлеў менен шуғылланыў орнына, мәмлекетти аўдарыў, мәмлекет басшысына қарсы шығыў, ҳәзир ис алып барып атырған мәмлекет системасы басшыларына бойсынбаў, халықты мәмлекетке қарсы гиж-гижлеў сыяқлы ислерге қатты итибар қаратады.

Ҳизбут-таҳрир ушын сиясаттан басқа тараўлар ҳәттеки диний болса да, мудамы екинши дәрежели болып келген. Ағымның хатиб ҳәм даъўатшылары да халыққа көбинесе сиясаттан сәўбет қылады. Халықта наразылық кейпиятын пайда қылыў, мәмлекетте бас көтериў сыяқлы руҳиятты сиңдириў киби фитналы мәселелерге көбирек итибар қаратады. Олар усы жол менен өзлериниң фиқҳ, ақыйда, тәфсир, ҳәдис киби Исламда тийкарғы орын тутқан пәнлерден илими жоқ екенин жасырып келеди.

Ҳизбшылардың өз ара ақыйдалық бирлик ҳәм терең илимнен бос екени оларды дүнья ҳүкимранлығын гөзлеген сыртқы күшлер қолында ойыншақ болыўына себеп болып келмекте. Искерлик қылып атырған аймақларында тийкарынан дүнья сиясатынан бийхабар, диний илими жоқ, қаны қызып турған жасларды қатарына қосыўға ерисип келмекте. Олардың сияспт илиминде де шал болыўы көплеген фитналардың ояныўына себеп болды. Ҳизбшылар негизинде мусылманларға зыян бериў имканиятын күтип турған ғәрезли мақсетли дин душпанларына бул имканиятты еки қоллап тапсырып келмекте. Нәтийжеде Ислам дини ҳәм мусылман жәмийетлерине тек зыян келтирип атыр.

Ҳизбшылар илимсиз болғаны ушын ақыйда ҳәм фиқҳ мәселеринде үлкен ҳәм турпайы қәтелерге жол қойған. Мәселен:

Бийҳая, бузық сүўретлерди яки видеоларды көриў мүмкин.

Бийгана ҳаялды шаҳўат пенен яки шаҳўатсыз сүйиў мүмкин.

Еки пояста жасаўшылардан намащ ҳәм ораза сақит болады.

Ҳизбут таҳрир ағымының усыған уқсаған улыўма динимиз нызам-қағыйдаларына туўра келмейтуғын көплеген «фәтўалары» ҳәм даўагерликлери бар.

“Ҳизбут-тахрир” ағымы ўəкиллери журтымыздағы диний еркинликлерден нəтийжели пайдаланып қалыў үмитинде соңғы пайытларда қыймылдап қалғанға уқсайды. Жақында елимизде болып өткен бир неше жағдайлар соннан дерек бермекте. Мойнақ районы ҳәм Нөкис қаласында Ҳизбут таҳрир бузғыншы ағымының ағзалары анықланды. Олардың халқымызға, жәмийетимизге жеткеретуғын зыянларының алды алынды.

Кейинги болып өткен бул унамсыз ўақыялардан кейин халқымыз бул ағым ҳаққында көбирек ҳəм кеңлеў мағлыўматлар ийе болыўы зəрүр деген жуўмаққа келдик. Социаллық тармақларымызда ҳәм Веб сайтларымызда ағымға тийисли мағлыўматлар, базы көзқарасларына илимий қарсы пикирлер болса да, тағы бул теманы көбирек ен жайдырыў кереклигин түсинип жеттик. Сол көзқарастан, Аллаҳтан тəўфиқ сораған ҳалда “Ҳизбут-тахрир” ағымының дыянаты бузық, ақыйдасы ҳәрекет етемиз. Адамлар бул ағымның негизги келбетин танып ҳəм билип алсын. Оларға дус келгенде мүнəсип түрде жуўап бере алыўы ушын.

Ҳәзирги күнде «Жаўыннан кейин замарықтай» көбейип атырған ағымлар, топарлар, ҳизблар ҳәм мәзҳабсызлар Әҳли сунна ўал жамаа итиқады бойынша тән алынған төрт фиқҳий мәзҳаблардың бирине, атап айтқанда ҳанафий мәзҳабына әмел қылған ҳалда ибадатларын орынлап атырған мусылманларды фитнаға салыў ҳәм туўры жолдан адастырып өзлериниң надурыс ғәрезли идеяларының қурбанына айландырыў ушын ҳәр түрли усыллардан пайдаланады.

Солай екен ҳәр биримиз бундай бузық ағым ағзаларынан өзимизди ҳәм перзентлеримизди абайлап сақлаўымыз зәрүр.

Айдос Якупов. Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси аға оқытыўшысы.

Тэглер