Фото

Ораза тутпаўға кеширимли адамлар

04 Март, 2024 302

Төмендегилерге ораза тутпаўға рухсат берилген:

1.Кесел адам. Кесел адамға ораза тутпаўға рухсат берилген. Аллаҳ таала: “Кимде-ким наўқас ямаса сапарда болса, (тута алмаған күнлериниң) санағы басқа күнлерден”, деп марҳамат етеди (Бақара, 185).

Адам ораза тутыў себепли кеселлигиниң күшейиўи яки тәўир болыўының пәсейиўи яки қандайда бир ағзасына зыян жетиўинен қорықса, ораза тутпаўы мүмкин.

Наўқас адам кеселлигинен тәўир болғаннан соң Рамазан айында тутпаған күнлериниң оразасын қаза етип тутып береди.

2.Сапардағы адам. Сапардан мақсет — намаз қаср оқылатуғын узақлықтағы аралықты гөзлеп шығыў. Мүсәпир егер ораза тутыўы машаққат болмаса, ораза тутқаны жақсы. Егерде адам сапарға таң атқаннан кейин шықса, сол күни аўзын ашпаў керек.

Мүсәпир сапарда тутпаған күнлериниң оразасын кейин тутып береди.

3.Ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаял. Уламалар ҳәмиледар яки емизиўли ҳаялдың ораза тутыўы өзи яки баласына зыян жеткериўден қорықса, ораза тутпаўы мүмкинлигин айтқан.

4.Кексе адамлар. Буған кексейип күш-қуўаттан қалған адамлар, тәўир болыўына үмит қалмаған наўқаслар, кексе кемпирлер киреди. Бундай адамлар кейиншелли де ораза тута алмағаны себепли қаза етпейди, бәлки тутпаған ҳәр бир күнлери ушын фидя береди. Аллаҳ таала: “Мәдәри жетпейтуғынлар жуўапкершилигинде бир мискин кимсениң (бир күнлик) тағамы фидя”, деп айтады (Бақара, 184). Фидя муғдары фитр садақасы муғдары менен барабар.

5.Жүдә қатты аш болған ҳәм шөллеген адам. Егер ораза адам оразасын ашпаса, өлиўине яки ақылдан азыўына ямаса базы бир сезиў ағзалары ислемей қалыўына исенсе, оразасын ашыўы мүмкин. Соң мине усы тутпаған күнлери оразасының қазасын өтеўи лазым.

6.Ҳайз ҳәм нифас көрген ҳаяллар. Ҳайз ҳәм нифастағы ҳаяллар ораза тутыўы мүмкин емес. Олар пәкленгеннен соң қазасын тутып береди.

Бақберген Надиров, Қараѳзек районы «Идрис ийшан» жоме мешити имам-найыбы.

Тэглер